1. Китап ийелери ҳәм мушриклерден ибарат күпир келтиргенлер, ҳүжжет келмегенше (күпир исенимлеринен) ажыралыўшы болмады.
2. (Ол ҳүжжет –) Аллаҳтан тәрепинен (жиберилген) пайғамбар (Муҳаммад) болып, (ол оларға) пәк саҳифаларды (Қуранды) тиләўат қылады.
3. Оларда (саҳифаларда) бийбаҳа жазыўлар (ҳүкимлер) бар.
4. Китап берилгенлер оларға ҳүжжет (пайғамбар) келгеннен кейин ғана бөлинип кетти.
5. Ал, олар тек Аллаҳға ғана, Оның ушын динди (ширктен) ажыратқан, туўры жолдан аўмаған ҳалларында ибадат қылыўға, намазды кәмил оқыўға ҳәм зәкат бериўге буйырылған еди. Усы – туўры (ҳақыйқый) дин.
6. Әлбетте, китап ийелери ҳәм мушриклерден болған күпир келтиргенлер жәҳәннем отында болып, сол жерде мәңги қалады. Әне солар – халайықтың ең жаманы.
7. Әлбетте, ийман келтиргенлер ҳәм ийгиликли ислерди ислегенлер, әне солар – халайықтың ең жақсысы.
8. Олардың Рәббиси алдындағы сыйлықлары – астынан дәрьялар ағып туратуғын мәңги жәннетлер болып, олар ол жерде мәңги қалады. Аллаҳ олардан разы болды, олар да Оннан разы болды. Бул (сыйлық) Рәббисинен қорыққан адам ушын.
[1] 98. БАЙЙИНА СҮРЕСИ
«Баййина» – ҳүжжет. Ҳүжжет дегенде бул жерде, Муҳаммад (а.с.) нәзерде тутылған. Сүрениң аты «Ләм якун» деп те айтылады. Онда кәпир ҳәм мушриклер, Муҳаммад (а.с.) пайғамбар болып келемен дегенше, өзлериниң күпирлик ақыйдаларынан ажыралмағаны, ал кейин базылары күпирден қутылып, исламға киргени ҳәм базылары күпирде қалғаны, ибадатта ықлас зәрүр екенлиги, ақыретте мөминлерге ҳәм кәпирлерге етилетуғын мәмилелер туўралы мағлыўмат бериледи.