Қураны кәрийм аўдармасы

Аср

Меҳрибан ҳәм Рейимли Аллаҳтың аты менен (баслайман).

1. Әсир менен[2] ант етемен

2. әлбетте, (ҳәр бир) инсан зыянда (бахытсызлықта).

3. тек ийман келтиргенлер ҳәм ийгиликли ислерди қылғанлар, бир-бирин ҳақыйқатқа шақырғанлар ҳәм бир-бирин сабырға шақырғанлар ғана ондай (зыян көриўши) емес.



[1] 103. АСР СҮРЕСИ

Әсир менен Аллаҳ таала ант етип, сүреде баян етилген төрт қәсийеттен маҳрумлықта жасаған инсанның пүткил өмири зыянкеслик ҳәм бахытсызлықта өткен болып есапланады, деп айтылады.

[2] 1-аят. «Әсир» сөзи араб тилинде бир неше мәниге ийе. Соның ишинде, әсир намазы – намазлыгер, ҳәр жүз жыллық мүддет, Пайғамбарымыз (а.с.) жасаған әсир киби мәнилерди өз ишине алады.