1. Әлиф. Ләәм. Мийм. Ро. Усылар (сүре аятлары) – Китаптың (Қуранның) аятлары. (Ҳәй Муҳаммад!) Саған Рәббиңнен нәзил етилген нәрсе (Қуран) – ҳақыйқат. Бирақ, адамлардың көбиси ийман келтирмейди.
2. Аллаҳ сизлер көрип турған аспанларды сүтинсиз көтерип қойды, соң Аршқа «мустаўий» болды[2], Қуяш ҳәм Айды Өзине бойсындырды. (Олардың) ҳәр бири белгиленген мүддетке (қыяметке) шекем ҳәрекетте болады. (Аллаҳ ҳәмме) исти басқарады. Сизлер (қыяметте) Рәббиңизге жолығыўыңызға исениўиңиз ушын аятларды толық баян етеди.
3. Ол Жерди созып[3], онда таўлар ҳәм дәрьяларды пайда етти. Ол Жердеги мийўе (ҳәм басқа нәрсе)лердиң ҳәммесин екеўден – жуп-жуп қылды. Ол түн (қараңғылығы) менен күндизди орайды. Бунда (мысалларда), пикир жүритетуғын қәўим ушын белгилер бар.
4. Жер бетинде бир-бириниң қасында болған, бөлек-бөлек (өнимли ҳәм өнимсиз) жерлер, жүзим бағлары, (егислик) жерлер, шақалы ҳәм шақасыз қурмалар болып (ҳәммеси) бир суў менен суўғарылады. Биз оларды дәминде бир-биринен абзал қыламыз. Бунда ақыл ислетиўши қәўим ушын белгилер бар.
5. Егер әжепленетуғын болсаң, онда олардың (кәпирлердиң): «Егер бизлер топырақ болып кетсек те, қайтадан жаратыламыз ба?!» – деген гәпи (буннан да) әжепленерлирек. Әне солар Рәббисине күпир келтирген[4]. (Қыямет күнинде) әне солардың мойынларында кисенлер болады. Әне солар – дозақ ийелери. Олар ол жерде мәңги қалады.
6. Олар сеннен, жақсылықтан (Аллаҳтың мийриминен) алдын жаманлықты (азабын) талап етеди[5]. Олардан алдын да (бундай) мысаллар өтти. Әлбетте, Рәббиң адамлардың зулымына қарамай, олар ушын кеширимли. Әлбетте, Рәббиңниң азабы қатты.
7. Күпир келтиргенлер: «Оған (Муҳаммадқа) Рәббисинен бир мөжиза түсирилсе еди», – дейди. Сен тек ғана ескертиўшисең. Ҳәр бир қәўимниң ҳидаятшысы (пайғамбары) бар.
8. Аллаҳ ҳәр бир урғашының ҳәмилесин[6] ҳәм жатырлардағы (мүддетинен алдын) тасланғанды (баланы) да, (тоғыз айдан) зыяда туратуғынды (баланы) да биледи. Ҳәр бир нәрсе Оның алдында өлшеўли.
9. (Ол –) жасырын ҳәм ашық нәрселерди билиўши. Ол – Уллы, Жоқары.
10. Сизлердиң араңызда сөзин жасырған да, ашық айтқан да, түнде жасырыныўшы да, күндиз көринип жүриўши де – (Оның ушын) теңдей.
11. Оның (инсанның) алдынан да, артынан да ерип жүриўши (периштелер) болып, олар Аллаҳтың буйрығы менен оны қорғап турады[7]. Аллаҳ ҳеш бир қәўимди қашан олар өзлерин өзгертпегенше, (оның аўҳалын) өзгертпейди[8]. Егер Аллаҳ бир қәўимге жаманлықты раўа көрсе, онда оны қайтарып болмайды ҳәм олар ушын Оннан басқа Хожайын жоқ.
12. Ол сизлерге (гүлдирмама даўысынан) қорыққан ҳәм (жаўыннан) үмитли ҳалыңызда шақмақты көрсетеди ҳәм аўыр бултларды пайда қылады.
13. Гүлдирмама да Оны мақтап тасбиҳ айтады, периштелер де Оннан қорыққанынан (тасбиҳ айтады). Ол шақмақларды жиберип, оның менен қәлеген адамын, олар Аллаҳ ҳаққында тартысып турғанда урады. Оның (Аллаҳтың) услаўы қатты.
14. Ҳақыйқый дуўа тек Оған (қылынады). Ал, Оннан басқа дуўа қылып атырған (бутлар) олардың ҳеш нәрсесин қабыл етпейди. (Олар) суў өзлерине жетпейтуғын болса да, тек еки қолын суўға созып, суўдың аўзына жетиўин күткен адамларға уқсайды. Кәпирлердиң дуўасы мудамы зая (кетеди).
15. Аспанлар ҳәм Жердеги ҳәмме жанзатлар, олардың саялары да ықтыярлы рәўиште болсын, мәжбүрли болсын, азанлы кеш Оған сәжде қылады[9].
16. (Ҳәй Муҳаммад!) Сен: «Аспанлар ҳәм Жердиң Рәббиси ким?» – деп айт. (Өзиң): «Аллаҳ», – деп айт. «Оны қойып, өзлерине пайда да, зыян да жеткизиўге қәдир болмайтуғын (бут)ларды дос қылдыңыз ба?!» – деп айт. «Соқыр (ғапыл адам) менен көретуғын (ҳидаят тапқан адам) тең бола ма ямаса қараңғылық пенен нур тең бола ма?» – деп айт. Ямаса олар Аллаҳға Оның жаратыўы киби жарата алатуғын бутларды шерик қылып алған ҳәм олар да жаратып, соң оларға (еки) жаратылыс уқсас болып қалды ма?! Сен: «Ҳәмме нәрсениң жаратыўшысы – Аллаҳ. Ол – Жалғыз, Үстем», – деп айт.
17. (Аллаҳ) аспаннан суў (жаўын) жаўдырғанында жылғалар муғдары менен ағып, (бул) сел өзиниң үстинде көбиклерди де көтерип келеди. (Адамлар) зийнет, әсбап ислеў мақсетинде жағатуғын жалында да усыған уқсас көбик (шығынды) бар. Аллаҳ ҳақ пенен наҳақты усылай (мысал менен) баян етеди. Көбик өзинен өзи жоқ болып кетеди. Ал, адамларға пайда беретуғын нәрсе жерде қалады. Аллаҳ мысалларды усылай баян етеди[10].
18. Рәббисиниң (шақырығын) қабыл еткенлерге гөззаллықлар (жәннет) бар. Ал, Оның (шақырығын) қабыл етпегенлерге егер Жер бетиндеги ҳәмме нәрсе, және сол қурақым нәрсе оларда болып, олар оны (Аллаҳтың азабынан қутылыў ушын) пидә қылса да, оларға жаман есап-санақ болады ҳәм олардың орны – жәҳәннем (болады). Буншелли жаман жер!
19. (Ҳәй Муҳаммад!) Саған Рәббиңнен нәзил етилген нәрсе анық ҳақыйқат екенин билетуғын адам (мәнаўий) соқыр адамға уқсай ма? (Бул аятлардан,) әлбетте, ақыл ийелери ғана еслетпе алады.
20. Олар Аллаҳға берген келисимине опа қылатуғын ҳәм «ал-Мийсақ»ты (ўәдени) бузбайтуғынлар[11].
21. Олар Аллаҳ байланыўға буйырған нәрселерди (силаи раҳмды – ағайин-туўысқаншылықты) байлайды[12]. Олар Рәббисинен қорқады ҳәм (ақыретте) жаман есап-санақтан да қәўипсинеди.
22. Олар Рәббисиниң жүзин (көриўди) қәлеп, (түрли машақатларға) сабыр етеди. Намазды кәмил оқыйды. Биз оларға ырысқы етип берген нәрседен жасырын ҳәм ашықтан-ашық садақа қылады. Жаманлықты жақсылық пенен қайтарады. Әне солардың дүньясының ақыбети (жәннет) бар.
23. (Олардың дүньясының ақыбети, оларға берилетуғын) «Адн» (мәңги бағлар) жәннети. Оған – олар, олардың ата-бабалары, жубайлары ҳәм зүрядларынан ибарат солиҳлар менен бирге киреди. (Кейин) олардың алдына ҳәр бир есиктен периштелер кирип:
24. «(Аллаҳ жолында түрли машақатларға) сабыр еткениңиз ушын (енди бул жерде) сизлерге тынышлық болғай! Дүньяның ақыбети болған (жәннет) қандай жақсы!» (– дейди).
25. Аллаҳ пенен келисим қылғаннан кейин оны бузатуғын, Аллаҳ байлаўға буйырған нәрселерди үзетуғын ҳәм Жер бетинде бузғыншылық қылатуғынлар, әне соларға (Аллаҳтан) нәлет болады ҳәм оларға жаман үлке (жәҳәннем) бар.
26. Аллаҳ (Өзи) қәлегениниң ырысқысын кең қылады ҳәм (қәлегениниң ырысқысын) тар қылады. (Кәпирлер өзлеринше) бул дүнья өмири менен қуўанады. Бул дүнья өмири ақырет алдында тек (бир) арзымас нәрсе.
27. Күпир келтиргенлер: «Оған (Муҳаммадқа) Рәббисинен бир мөжиза түссе еди», – дейди. Сен: «Аллаҳ қәлегенин адастырады ҳәм Өзине қайтқан адамды ҳидаят қылады», – деп айт.
28. (Мөминлер) ийман келтирип, кеўиллери Аллаҳтың зикири менен ләззетленеди. Билип қойың, Аллаҳтың зикири менен кеўиллер ләззетленеди (ҳәм тынышланады).
29. Ийман келтирген ҳәм ийгиликли ислерди қылғанларға «Туўба» (шадлық)[13] ҳәм гөззал орынлар (жәннетлер) бар.
30. (Ҳәй Муҳаммад!) Солай етип, сени өзинен алдын да (көплеп) үмметлер өткен бир үмметке – олар «Роҳман»ды (Аллаҳты)[14] инкәр етип турған ҳалында, оларға саған ўаҳий қылған нәрсемизди тиләўат қылып бериўиң ушын (пайғамбар етип) жибердик. Сен: «Ол – мениң Рәббим. Оннан басқа илаҳ жоқ. Оған ғана тәўекел қылдым. Тәўбем де тек Оған», – деп айт.
31. Егер Қуран болып, Оның (күши) менен таўлар (орнынан) жылыстырылса, яки оның (күши) менен Жер жарылғанда ямаса оның (күши) менен өлилер тилге киритилсе де (кәпирлер ийман келтирмейди). Керисинше, истиң ҳәммеси Аллаҳға тән. Ийман келтиргенлер егер Аллаҳ қәлесе, адамлардың ҳәммесин ҳидаят қыла алыўын билмей ме? Аллаҳтың ўәдеси келгенше (Мәккә фатҳ қылынғанша), күпир келтиргенлерге қылған ислери себепли түрли бәлелер жетеди ямаса олардың үлкесине жақын жерлерге (апат) түседи (ҳәм олардың тынышын бузады). Әлбетте, Аллаҳ ўәдесине терис ис қылмайды.
32. (Ҳәй Муҳаммад!) Ҳақыйқатта сеннен алдын да пайғамбарлар масқара қылынғанда, (Мен) күпир келтиргенлерге (бираз) мәўлет берип, соң оларды (азабым менен) усладым. Кейин, (оларға берген) жазам қандай болды?!
33. Ҳәр бир жанның қылған кәсиби үстинде (бақлап) турыўшы ким? Олар Аллаҳға ширк келтирди. Сен: «Олардың атларын айт. Ямаса Оған Жер бетинде Ол билмейтуғын нәрсениң хабарын бересиз бе? Ямаса, жүзеки гәп пенен (ҳәр нәрсеге сыйынып кете бересиз бе?!)», – деп айт. Яқ, күпир келтиргенлерге ҳийлелери зийнетлеп көрсетилди ҳәм олар (туўры) жолдан тосылды. Аллаҳ кимди адастырса, оны ҳидаятқа салыўшы болмайды.
34. Оларға дүнья өмиринде азап болады. Ақырет азабы (оннан да) аўыр болады. Оларды Аллаҳтан сақлаўшы (күш) болмайды.
35. Тақўалылар ушын ўәде етилген жәннеттиң мысалы: астынан дәрьялар (мудамы) ағып турған, мийўелери ҳәм саялары удайына болатуғын (жер). Бул – тақўа қылғанлардың ақыбети (сыйлығы). Ал, кәпирлердиң ақыбети – дозақ[15].
36. Биз Китап (Таўрат ҳәм Инжил) бергенлер саған нәзил етилген нәрседен қуўанады. (Яҳудий ҳәм насранийлерден ибарат) топарларынан оны (Қуранды) инкәр ететуғынлары да бар. Сен: «Мен Аллаҳға ибадат қылыўға, Оған (биреўди) шерик келтирмеўге буйырылғанман. Оған ғана (ибадат қылыўға) шақыраман ҳәм қайтыўым да Оған», – деп айт.
37. Сондай-ақ, Биз Оны (Қуранды) арабша ҳүким сыпатында нәзил еттик. Егер сен өзиңе келген (усы) илимнен кейин олардың қәлеген нәрсесине ерсең, саған Аллаҳ тәрепинен бир дос та, сақлаўшы да болмайды.
38. Ҳақыйқатында да, Биз сеннен алдын да (көп) Пайғамбарларды жибердик ҳәм оларға ҳаяллар ҳәм зүрядлар бердик. Ҳеш бир Пайғамбар Аллаҳтың руқсатысыз мөжиза келтире алмайды. Ҳәр бир ўақыт ушын (мүнәсип) Китап (жазылған ҳүким) бар.
39. Аллаҳ қәлегенин өширеди, қәлегенин қалдырады. Китаптың анасы (Лаўҳул-маҳфуз) Оның алдында[16].
40. Оларға ўәде еткенимиздиң айырымларын (азапларымызды) саған көрсетсек ямаса (оннан алдын) сениң жаныңды алсақ та, әлбетте, (динди адамларға толық қылып) жеткизиў сениң мойныңда. Ал, есап-санақ қылыў Бизиң мойнымызда.
41. (Мәккә мушриклери) Биз жер(лер)ине келип, оның дөгерегин қысқартып атырғанымызды (фатҳ етилип атырғанын) көрмеди ме?! Аллаҳ ҳүким қылады. Оның ҳүкиминиң изинен барыўшы (тексериўши) жоқ. Ол – тез есап-санақ қылыўшы.
42. Олардан алдынғылар да (өзлериниң пайғамбарларына) ҳийле қылды. Бирақ, ҳәмме «ҳийлелер» Аллаҳтики. Ол ҳәр бир жан не қылып атырғанын биледи. Жақында кәпирлер ақыбет үлкеси (ақырет) кимдики екенин биледи.
43. Күпир келтиргенлер (саған): «Пайғамбар емессең», – дейди. Сен: «Мениң менен сизлердиң араңызда Аллаҳ ҳәм Китап (Қуран) илиминен хабардар болғанлар гүўалықта жетерли», – деп айт.
[1] 13. РАЪД СҮРЕСИ.
Раъд – гүлдирмама. Бул атаманың берилиўине себеп сүреде барлық жанзат қатары гүлдирмама да Аллаҳты уллылап, оған тасбиҳ айтып турыўы есапланады.
Сүреде ийман менен күпир, ҳақыйқат пенен жалған арасындағы гүрес, өмир ҳәм өлим, қыямет ҳәм есап-санақ ҳәм де басқа көрсетпелер баян етилген.
[2] 2-аят. «Мустаўий» сөзиниң тәфсири ҳаққында төрт мәзҳаб ийелери, «Истиўа» сөзиниң сөзликтеги мәниси белгили, кейпияты белгисиз, оған ийман келтириў ўәжиб, ол ҳаққында сораў бидъат, деп айтқан (Бғ.).
[3] 3-аят. «Жерди созып қойған» ибарасы тийкарында әййемги тәфсирлерде Жер домалақ емес, ал алақандай тегис қылып жаратылған, деген пикир қуўатланып, тәбият илими алымларының Жер домалақ пишинде, деген пикирлери бийкар етилген. Кейинги ўақытлары жазылған тәфсирлерде Жердиң түйеқустың мәйеги көринисинде екени, ҳәттеки, аятлар тийкарында дәлилленбекте. «Назиат» сүресиниң 30-аятына қаралсын.
[4] 5-аят. Бул аят бойынша, қыямет күни қайта тирилиўди инкәр еткен адам кәпир есапланады. Себеби, оны инкәр етиў Аллаҳтың қүдиретин инкәр етиў менен тең (Хз.).
[5] 6-аят. Күпир ҳәм ширк әҳли пайғамбарлардан илаҳий мөжиза сыпатында оның мийримин, ийгилигин сораў орнына мудамы азап жибериўди сорап келген. Бирақ, Аллаҳ таала олардың қылмысларына жараса тезлик пенен жаза жибермеген. Ал, мәўлет берип, кеширип турған. Азап қылатуғын болса, азабы да қатты екени айтылмақта. Расулдан (а.с.) азапты мазақ қылыў мақсетинде талап еткен еди (Мд.).
[6] 8-аят. Ҳәмилениң биринши күни-ақ, ул-қыз екенлиги, пишини, шырайлы яки шырайлы емеслиги, пүтин яки майып туўылыўы сыяқлы өзгешеликлерди тек жаратыўшының Өзи биледи (Мд.).
[7] 11-аят. Инсанды бәле-апатлардан сақлап, оған қорықшылық қылыўшы периштелер болып, олар түнде ҳәм күндиз нәўбет алмасып турады. Ҳәдисте олар намазлыгер менен таң намазлары пайытында нәўбет алмасып туратуғынлығы айтылған (Хз.).
[8] * Және «Анфал» сүреси 53-аятының аўдарма ҳәм тәфсирине қаралсын.
[9] 15-аят. Сәжде аяты. Ҳәр бир инсанның саясы Аллаҳға сәжде қылады. Мөминниң саясы өз қәлеўи менен, ал кәпир ҳәм еки жүзлиники мәжбүрий рәўиште сәжде қылады. «Азанлы-кеш» ибарасының келтирилиўине себеп, сая ертеден кешке шекем бир қысқарып, бир узайып турады. Азан менен кешқурын саяның узайғаны ҳәм қысқарғаны көзге және де анығырақ көринеди (Қз. Мд.).
[10] 17-аят. Имам Бухарий менен Имам Муслимлер (рҳ.) рәўият қылған ҳәдисте былай делинген: «Мен арқалы жиберилген ҳидаят ҳәм илим мисли жерге жаўған жаўын сыяқлы. Жер ҳәр түрли болады. Суўды жақсы қабыл етип, өзинен ҳәр қыйлы гияларды өндиретуғыны да, керисинше суўды қабыл етпейтуғын, ҳеш бир гияны өндирмейтуғын қурғақ — боз жерлер де болады. Соған уқсас Аллаҳтың дини ҳәм мен келтирген илимлерди үйренип, оған әмел қылып, басқаларға да үйрететуғын адамлар болғанындай, илим ҳәм ҳидаятты қабыл етпейтуғын кимселер де болады» (Хз.).
[11] 20-аят. «Ал-Мийсақ» дегенде Аллаҳтың буйрық ҳәм қадаған еткенлери яки алған тарийхый ўәдеси. Және «Аъроф» сүреси, 172-аятының аўдармасы ҳәм тәфсирине қараң.
[12] 21-аят. Ҳәдисте: «Силаи раҳм қылмаған, яғный ағайинлеринен қатнасты үзген адам жәннетке кирмейди. Силаи раҳм турақлы барыс-келис емес, ал узақласып кеткен ағайинниң ҳалынан хабар алыў болып табылады» (Бх. Мс.).
[13] 29-аят. «Туўба» сөзиниң шадлықтан басқа бир неше мәнилери де бар. Мәселен, ҳабаш тилинде «Туўба» «жәннет» дегени. «Туўба» жәннеттеги көп саялы бир теректиң аты. Ҳәдисте: «Туўба – жәннет тереги. Жәннет әҳлиниң кийимлери сол теректиң гүлғумшалары ишинен алынады» делинген (Хз.).
[14] 30-аят. Пайғамбарымыз (а.с.) бир күни: «Я Аллаҳ, Я Роҳман!» деп дуўа қылып турғанда Әбиў Жаҳл еситип қалып, мушриклер арасында Муҳаммадтың еки қудайы бар екен, деген гәпти тарқатқан ҳәм «Ар-Роҳман» бул Ямама қәўиминиң роҳманы – Мусайлима, деп гәп тарқатқан екен. Сол себепли усы аят қарсы пикир сыпатында нәзил етилген (Хз.).
[15] 35-аят. Жәннетте Қуяш, Ай, қараңғылық жоқ. Бирақ, турақлы жақтылық ҳәм сая бар. Жаҳмия ағымы жәннеттеги наз-неъматлар белгили бир мүддеттен кейин таўсылады, десе, басқалар – Абдулжаббар исимли бир муътазилий жәннет еле жаратылмаған, – деп даўа қылған ҳәм орынсыз дәлил келтирген (Хз.)
[16] 39-аят. Бул аяттың тәфсиринде тартыслы пикирлер көп. Мәселен, шәрият ҳүкимлерин бийкар етиў яки негизги ҳалында қалдырыў; тәғдирде жазылған жазыўларға өзгерис киргизиў; әмел китабындағы өзгерислер; «Ана китап» бул Лаўҳул-маҳфуз яки басқа китап екени ҳаққында да тартыслы тәфсирлер бар (Тб. Мд. Хз.).