1. Адамларға есап-санақлары (күнлери – қыямет) жақынласып қалды. Олар – (ийман ҳәм әмелден) жүз бурыўшылар (еле) ғәплетте.
2. Оларға қашан Рәббиси (тәрепи)нен таза еслетпе (аят) келсе, оны тек ойнап (масқаралап) турып еситеди.
3. Ал, кеўиллери ғәплетте. Зулым қылғанлар (кәпирлер) өз ара: «Бул (Муҳаммад) тек өзиңизге уқсаған адам ғой! Өзиңиз көрип турып сыйқырға (алданыў ушын) келесиз бе?!» – деп сыбырласты.
4. (Сонда, Муҳаммад): «Рәббим аспан ҳәм Жердеги (ҳәр бир) сөзди биледи. Ол – Еситиўши, Билиўши», – деди.
5. Олар: «Бәлким, (Муҳаммад айтып атырған ўаҳий –) елеспесиз түслер шығар, бәлким өзи тоқып алған шығар, бәлким ол шайыр шығар. (Егер пайғамбар болса,) алдынғы жиберилгенлердей (пайғамбарлардай) мөжиза келтирсин!» – деди.
6. Олардан алдынғы Биз қыйратқан бир де қала (халқы) ийман келтирмеди. Енди олар (Мәккә халқы) ийман келтирер ме еди?!
7. (Ҳәй Муҳаммад!) Биз сеннен алдын да тек еркеклерди (Пайғамбар етип) жиберип, оларға ўаҳий қылғанбыз. (Ҳәй Мәккә халқы!) Егер билмейтуғын болсаңыз, (Таўрат, Инжилди билетуғын) зикир әҳлинен сораң![2]
8. Биз олар (пайғамбарлар)ды аўқат жемейтуғын дене қылғанымыз жоқ. Олар мәңги қалыўшы да емес.
9. Соң (берген) ўәдемизде турып, олар (пайғамбарлар)ды ҳәм өзимиз қәлегенлерди (ийманлыларды) утысқа еристирдик. Ысырапкерлерди қыйраттық.
10. Ҳақыйқатында да, Биз сизлерге Китап (Қуран) нәзил еттик. Оның ишинде сизлердиң зикириңиз бар. Ақыл ислетпейсиз бе?!
11. Қаншадан-қанша залым аўылларды (олардың халқын) сындырдық (қыйраттық) ҳәм олардан кейин басқа қәўимлерди пайда еттик.
12. Олар азабымызды(ң келиўин) сезгенде, бирден ол жерден қашады.
13. (Сол ўақытта периштелер): «Қашпаң! Ўақты хошлық қылған нәрсеңизге ҳәм мәканыңызға қайтың, бәлким сораларсыз!» – (дегенде),
14. Олар (өз ара): «Бизлерге ўайл болсын! Бизлер залым болған екенбиз», – деди.
15. Биз оларды (шөптей) орылған, (күлдей) өшкен (өлген) ҳалға келтирмегенимизше олардың усы датлаўы даўам етеди.
16. Биз аспан ҳәм Жерди ҳәм олардың арасындағы нәрсени (бостан-босқа) ойнап, (бийҳуўда) жаратпадық.
17. Егер Биз ойын-күлкини (ҳаял ҳәм перзент арттырыўды) қәлеп, усындай қылыўшы болғанымызда да, оны өзимиз тәрептен (периштелерден ямаса жәннет ҳүрлеринен) қылған болар едик.
18. Яқ, (Биз) Ҳақты (Қуранды) наҳақтың (наданлықтың) үстине таслаймыз, ол оны езип таслайды. Кейин, сол ўақытта ол (наҳақлық) – жоқ болыўшы. Ал, сизлерге (ҳәй мушриклер, Аллаҳты усылай) сыпатлағаныңыз ушын ўайл болсын!
19. Аспанлар ҳәм Жердеги ҳәмме нәрселер Оныки. Оның алдындағылар (периштелер) Оған ибадат қылыўдан тәкаббырлық қылмайды ҳәм шаршамайды.
20. Олар шаршамастан күни-түни (Аллаҳға) тасбиҳ айтады.
21. Ямаса олар (мушриклер) жерден (тас, ағашлардан өлилерди) тирилтетуғын «қудайлар»ды соғып алған ба?
22. Егер екеўинде (аспан ҳәм Жерде) Аллаҳтан басқа «илаҳ» болғанда, екеўи де бузылып кеткен болар еди[3]. Арштың Рәббиси – Аллаҳ олар сыпатлаған нәрсе (шерик)лерден пәк.
23. (Аллаҳ) қылған нәрсеси ҳаққында соралмайды. Олар (адамлар Аллаҳтың алдында) соралады.
24. Яки Оны қойып басқа «илаҳ»ларды услай (қудай етип алыпты) ма?! (Ҳәй Муҳаммад!) Сен: «Ҳүжжетлериңизди әкелиң! Мынаў мениң менен бирге болғанлардың (мөминлердиң) зикири (Қуран) ҳәм меннен алдынғылардың зикири (Таўрат ҳәм Инжил)», – деп айт. Яқ, олардың көбиси ҳақыйқатты билмейди. Енди олар – жүз бурыўшы.
25. (Ҳәй Муҳаммад!) Сеннен алдын Биз жиберген ҳәр бир Пайғамбарға: «Меннен басқа илаҳ жоқ. Солай екен, Маған ибадат қылың!» – деп ўаҳий жибергенбиз.
26. Олар (мушриклер): «Роҳман (периштелерден) перзент тутты», – деди[4]. Ол (бундай нәрселерден улыўма) пәк. Яқ, олар (периштелер) – ҳүрметленген бенделер.
27. (Периштелер) Оннан (Аллаҳтан) алдын бир де сөз айтпайды. Олар Оның буйрығы менен ғана ис қылады.
28. (Аллаҳ) олар (адамлар)дың алдындағы (болған) нәрселерин де, артындағы (болатуғын) нәрселерин де биледи. Олар тек (Аллаҳ) разы болғанларды ғана шәпәәт қыла алады. Олардың (өзлери) Оннан қәўипсинип, қорқып турады.
29. Олардан ким: «Мен де Оннан (Аллаҳтан) басқа бир илаҳпан», – десе, онда Биз оны жәҳәннем менен жазалаймыз. (Бәрше) залымларды усылай жазалаймыз.
30. Аспанлар ҳәм Жер (алдын) бир пүтин болғанын, кейин, Биз оларды айырып жибергенимизди ҳәм бәрше тири жанзатты суўдан қылғанымызды күпир келтиргенлер көрмеди ме? Енди (буннан кейин де) ийман келтирмей ме?![5]
31. Биз оларды (адамларды) тербетпеўи ушын Жерде таўларды (пайда) қылдық. Қәнекей, туўры жол тапса, деп ол жерде ойпатлықлар ҳәм жоллар (пайда) қылдық.
32. Аспанды сақланған (қулап түспейтуғын) пәтик қылдық. Ал, олар (мушриклер) – оның белгилеринен жүз бурыўшылар.
33. Ол түн ҳәм күндизди, Қуяш ҳәм Айды жаратқан. (Бул екеўиниң) ҳәр бири аспанда жүзип жүр.
34. (Ҳәй Муҳаммад!) Биз сеннен алдын бир адамға да мәңгиликти қылғанымыз жоқ. Сен өлип, олар мәңги қалыўшы ма?!
35. Ҳәр бир жан – өлимди татыўшы. Биз сизлерди жаманлық ҳәм жақсылық пенен сынап, имтиҳан қыламыз. (Кейин,) Бизге ғана қайтарыласыз.
36. (Ҳәй Муҳаммад!) Күпир келтиргенлер сени көргенде, тек (бир-бирине сени көрсетип) өзлери Роҳманның зикирин (Қуранды) инкәр еткен ҳалында: «Қудайларыңызды айтып атырған усы ма?» – деп масқара қылады[6].
37. (Ҳақыйқатында да,) инсан асығып жүретуғын қылып жаратылған[7]. Тез арада Мен сизлерге Өз белгилеримди көрсетемен. Солай екен, (Өзим қәлегениме шекем) Мени асықтырмаң!
38. Олар: «Егер рас сөйлеўши болсаңыз (айтың), бул (қыямет ҳаққындағы) ўәде қашан болады?» – дейди.
39. Күпир келтиргенлер бетлеринен де, артларынан да жалынды тоса алмайтуғын ҳәм оларға жәрдем берилмейтуғын ўақытты (қыямет күниниң қаттылығын) билсе еди (бул сөзлерди айтпаған болар еди).
40. Яқ! (Қыямет) оларға тосаттан келип, оларды лал қалдырады. Кейин, олар оны қайтарыўға қәдир болмайды, оларға (тәўбе қылып, ийман келтириў ушын) мәўлет те берилмейди.
41. (Ҳәй Муҳаммад!) Ҳақыйқатында да, сеннен алдынғы Пайғамбарлар да масқара қылынған. Кейин, оларды масқара қылғанларды өзлери масқара қылған нәрсе (Аллаҳтың азабы) қамтып алды.
42. Сен: «Түнде ҳәм күндиз сизлерди Роҳман (азабы)нан ким сақлай алады?!» – деп айт. Яқ! Олар – Рәббисиниң зикиринен (таўҳид ҳәм Қураннан) жүз бурыўшы.
43. Яки оларда Бизден басқа қорғайтуғын «илаҳ»лары бар ма?! Олар өзлерине жәрдем бериўге де қәдир емес ҳәм Бизден де (азабымыздан) қорғаўға алынбайды.
44. Яқ, Биз оларды (кәпирлерди) ҳәм ата-бабаларын (дүнья буйымларынан) пайдаландырдық, ҳәтте оларға өмир узын көринди. Биз жерге келип, оны дөгерегинен қысқартып атырғанымызды (күпир дүньясы қысқарып баратырғанын) көрмей ме?! Солай екен жеңиске ерисиўши (Биз бе яки) олар ма?!
45. Сен: «Мен сизлерди тек ўаҳий менен ғана ескертемен. (Бирақ,) «герең»лер ескертилгенде шақырықты (қабыл етиў ушын) еситпейди», – деп айт.
46. Ант болсын, егер оларға Рәббиңниң азабы азырақ жетсе, олар: «Бизлерге ўайл болсын! Бизлер (өзимизге) залым болған екенбиз», – дейди.
47. Биз қыямет күни ушын әдалатлы тәрезилер қоямыз. Ҳеш кимге ҳеш қандай зулым қылынбайды[8]. Егер (қылған ислери) хантал (ашшы татымлық) дәнесиниң аўырлығынша (жақсы ямаса жаман әмеллери) болса да, (оны) келтиремиз! Биз Өзимиз есап-санақта жетерлимиз.
48. Ҳақыйқатында да, Биз Муўса ҳәм Ҳарунға Фурқанды (Таўратты), тақўалылар ушын зыя ҳәм еслетпе қылып бердик.
49. Олар Рәббисинен көрмей турып қорқады ҳәм қыяметтен де қәўипсинип турады.
50. Бул (Қуран) – Биз нәзил еткен мүбәрек еслетпе. Сизлер (еле) оны инкәр етиўшисиз бе?!
51. Ҳақыйқатында да, Биз (Муўсадан) алдын Ибраҳимге туўры жолды бердик. Биз – оны билиўшимиз.
52. Сол ўақытта ол (Ибраҳим) әкеси ҳәм қәўимине: «Сизлер ҳәмме ўақыт сыйынатуғын мына ҳәйкеллер не?!» – деди.
53. Олар: «Бизлер ата-бабаларымызды оған ибадат қылған ҳалда тапқанбыз», – деди.
54. Ол: «Ҳақыйқатында да, сизлер де, ата-бабаларыңыз да анық адасыўда екенсиз», – деди.
55. Олар: «Сен бизлерге ҳақыйқатты әкелдиң бе ямаса ойын қылыўшылардансаң ба?» – деди.
56. Ол айтты: «Яқ! Сизлердиң Рәббиңиз – (ол бутлар емес, ал) аспанлар ҳәм Жердиң Рәббиси. Оларды (Өзи) жаратқан. Мен буған гүўалық бериўшилерденмен.
57. Аллаҳға ант, сизлер бурылып артыңызға (байрамға) кеткениңизде бутларыңызға ҳийле (ҳүжим) қыламан», – деди.
58. Кейин, олар (бутлар)ды бөлип-бөлип таслады. Тек «(мушриклер бутлардың) үлкенине мүрәжат қылсын», деп соны ғана (қалдырды).
59. Олар (қайтып келип): «Бизлердиң илаҳларымызды ким бундай қылды? Әлбетте, (ким болса да) ол залымлардан екен», – деди.
60. Олар(дың айырымлары): «Олар (бутлар)ды айтып (айыплап) жүрген, Ибраҳим деген бир жигитти еситкен едик», – деди.
61. (Сонда олардың үлкенлери): «Оны адамлардың көз алдына алып келиң. Қәнекей, гүўа болса», – деди.
62. (Оны алып келгенде): «Илаҳларымызға буны сен қылдың ба, ҳәй Ибраҳим?!» – деди (сорады).
63. (Ибраҳим): «Яқ, буны олардың үлкени – мынаў (ҳәйкел) қылды. Енди, егер олар сөйлейтуғын болса, олардан сорап көриң», – деди[9].
64. Сонда, олар (мушриклер) өзине келип (бир-бирине): «Сизлер өзиңиз залымсыз», – деди.
65. Соң баслары айланып: «Сен, ҳақыйқатында да, булардың сөйлемейтуғынын билетуғын едиң ғой!» – деди.
66. (Ибраҳим) айтты: «Аллаҳты қойып, сизлерге пайда да, зыян да бермейтуғын нәрсеге сыйынасыз ба?!
67. Сизлерге де, Аллаҳты қойып сыйынып атырған нәрсеңизге де түфиў! Ақылыңызды ислетпейсиз бе?!»
68. (Намруд басшылығындағы мушриклер): «Оны өртең! Егер (бир ис) қылатуғын болсаңыз, (усы ис пенен) илаҳларыңызға жәрдем бериң!» – деди[10].
69. Биз: «Ҳәй жалын! Сен Ибраҳимге салқын ҳәм аманлық бол!» – дедик.
70. Олар (Ибраҳимге) ҳийле қылмақшы болды. (Бирақ), Биз олардың өзлерин көбирек зыян көриўши қылып қойдық.
71. Биз оны ҳәм Лутты қутқарып, бәрше әлемлер ушын берекетли қылған жерге (Шамға жибердик).
72. Биз (Ибраҳимге) Исҳақты саўға еттик ҳәм Яқубты (ақлық қылып) қосып бердик ҳәм ҳәммесин жақсылардан қылдық.
73. Және оларды Бизиң буйрығымыз бенен (адамларды) ҳидаятқа баслаўшы баслықлар қылдық. Оларға жақсы ислер қылыўды, намазды кәмил оқыўды ҳәм зәкат бериўди ўаҳий қылдық. Олар Бизге ғана ибадат қылыўшы болды.
74. Лутқа ҳүким ҳәм илим бердик ҳәм оны бузық ислерди қылыўшы аўылдан (халқынан) қутқардық. Әлбетте, олар жаман ҳәм бузық қәўим еди.
75. Оны (Лутты) Өзимиздиң мийирманшылығымызға киргиздик. Әлбетте, ол жақсылардан[11].
76. Нуҳты (есле!) Ол илгери нида қылғанда, Биз оны (нидасын) қабыл етип, оны ҳәм оның шаңарағын үлкен ғамнан қутқардық[12].
77. Оған аятларымызды жалғанға шығарған қәўимниң үстинен жеңис бердик. Әлбетте, олар жаман қәўим еди. Кейин, Биз олардың ҳәммесин (топан суўға) шөктирдик.
78. Даўыт ҳәм (баласы) Сулайманның атыз ҳаққында ҳүким шығарғанын (есле!) Сол ўақытта оған қәўимниң қойлары кирген (ҳәм оны басқылаған) еди. Биз олардың (шығарған) ҳүкимине гүўа едик.
79. Сонда, Биз оны Сулайманға аңлаттық[13]. Биз олардың ҳәр бирине ҳикмет (пайғамбарлық) ҳәм илимди берген едик. Таўлар ҳәм қусларды Даўыт пенен бирге тасбиҳ айтатуғын қылып, бойсындырып қойдық. Биз усындай қылыўшымыз.
80. Биз оған (Даўытқа) сизлерди жаманлықтан сақлайтуғын кийим (саўыт) ислеў өнерин үйреттик. Енди сизлер шүкир қылыўшысыз ба?!
81. Сулайманға боранлы самалды (даўылды бойсындырып), оның буйрығы менен Биз берекетли қылған жерге (Шамға қарап) есетуғын (қылып қойдық). Биз ҳәмме нәрсени билемиз.
82. Шайтанлардан (жинлерден) оның (Сулайман) ушын (суўға) сүңгийтуғынын ҳәм буннан басқа ислерди қылатуғынын (жараттық). Және Биз оларды қорғаўшы болдық[14].
83. Айюб Рәббисине: «(Я Рәббим!) Маған мүсийбет жетти. Сен – рейимлилердиң рейимлирегисең!» – деп нида қылған ўақтын (есле!)
84. Кейин, Биз оны (дуўасын) қабыл етип, ондағы зыяннан жеткен нәрсени кетирдик ҳәм де Өзимиз тәрептен меҳрибанлық қылып, бәрше ибадат қылыўшыларға еслетпе болыўы ушын оған (Айюбқа) шаңарағын ҳәм оған қосып және сол қурақым (бала-шаға) бердик».[15]
85. Исмайыл, Идрис ҳәм Зул-кифлди (есле!) Ҳәммеси – сабыр етиўшилерден.
86. Биз оларды Өзимиздиң мийирманшылығымызға киргиздик. Олар – жақсылардан.
87. Зуннунды (Юнусты есле!) Сол ўақытта ол (өз қәўиминен) ғәзепленип (аўылынан) шығып кетти. Кейин, ол Бизди өзине қарсы шықпайды, деп ойлады. (Биз оны балыққа жуттырдық). Кейин, қараңғылықтан турып: «Сеннен басқа илаҳ жоқ, Сен (бәрше кемшиликлерден) пәксең, әлбетте, мен (өзиме) зулым қылыўшылардан болдым», – деп нида қылды.
88. Кейин, Биз оны(ң дуўасын) қабыл еттик ҳәм оны ғамнан қутқардық. Биз мөминлерди Усылай етип қутқарамыз.
89. Зәкарияның сол ўақытта Рәббисине нида қылып: «Я Рәббим, мени жалғыз таслап қойма (мийрасхор перзент бер!) Сен (Өзиң) мийрас алыўшылардың ең жақсысысаң», – дегенин (есле!)
90. Кейин, Биз оны(ң дуўасын) қабыл еттик ҳәм оған Яҳяны бердик ҳәм де ҳаялын оңлап (туўатуғын қылып) қойдық. Олар (усы пайғамбарлар) жақсылыққа асығар ҳәм Бизге өтинип ҳәм қорқып дуўа қылар еди. Олар Бизге (ҳәмме буйрықларымызға) бойсыныўшы еди.
91. Және өз намысын сақлаған ҳаялды (Мәрьямды есле!) Кейин, Биз оған руўхымыздан «үпледик» (ол Ийсаға жүкли болды)[16]. Оны ҳәм оның баласын әлемлер ушын белги қылдық.
92. (Ҳәй инсанлар!) Сизлердиң бул диниңиз (негизинде) бир дин (Ислам). Ал, Мен сизлердиң (бәршеңиздиң) Рәббиңизбен. Солай екен, Маған ғана ибадат қылың![17]
93. (Ал, адамлар) өзлериниң ис (дин)лерин өз ара бөлип таслады. Ҳәмме (адамлар) Бизге қайтады.
94. Ким мөмин ҳалында ийгиликли ислерди қылса, онда оның ҳәрекети зая кетпейди. Әлбетте, Биз оны жазып қойыўшымыз.
95. Биз қыйратқан аўыллардың (халқы қыяметте өмирге) қайтпаўы мүмкин емес.
96. Ҳәтте Яъжуж ҳәм Маъжуж (тосығы) ашылып, олар ҳәр бир төбеден ағып келип,
97. ҳақыйқый ўәде (қыямет) жақынласқанда, күпир келтиргенлердиң көзлери қатып: «Бизлерге ўайл болсын! Ҳақыйқатында да, бизлер буннан ғәплетте едик. Яқ! Бизлер залым екенбиз» (– дейди)[18].
98. (Ҳәй мушриклер!) Сизлер де, Аллаҳты қойып, сыйынып атырған нәрселериңиз де (бутларыңыз) жәҳәннем отынлары. Сизлер оған түсиўшисиз.
99. Егер солар (бутлар ҳақыйқый) илаҳлар болғанда, (жәҳәннемге) түспеген болар еди. Ҳәммеси – ол жерде мәңги қалыўшы.
100. Олар (мушриклер) ушын ол жерде (тек) датлаў бар. Олар ол жерде (ҳеш нәрсени) еситпейди.
101. Әлбетте, Бизден алдын гөззал (мәртебе) берилгенлер, әне солар – оннан (жәҳәннемнен) узақластырылғанлар.
102. Олар оның (дозақ жалынының) тысырлысын да еситпейди. Олар – өзлери қәлеген нәрседе (неъматларда) мәңги қалыўшы.
103. Оларды үлкен қорқыў (қыямет) ғамға батырмайды. Оларды периштелер: «Бул сизлерге ўәде етилген күниңиз», – деп күтип алады.
104. Ол Күни Биз аспанды тап хат жазылған бетлерди орағанымыздай орап, алдын қандай жаратқан болсақ, сол (тутас) ҳалға қайтарамыз. Бул – Бизиң ўәдемиз. Әлбетте, Биз (усындай) қылыўшымыз.
105. Ҳақыйқатында да, Биз Зикирден[19] кейин Забурда да: «Әлбетте, жерге тек Мениң жақсы бенделерим[20] ғана мийрасхор болады», – деп жазған едик.
106. Әлбетте, бунда (Қуранда) ибадат қылыўшылар қәўими ушын хош хабар бар.
107. (Ҳәй Муҳаммад!) Биз сени (пүткил) әлемлерге тек мийирманшылық[21] етип жибердик.
108. Сен: «Маған тек ғана, сизлердиң илаҳыңыз жалғыз бир илаҳ, – деп ўаҳий қылынады. Енди сизлер мусылмансыз ба?» – деп айт.
109. Егер олар жүз бурса, сен: «Мен сизлерге (ўаҳийди) теңдей еситтирдим. Сизлерге ўәде етилип атырған нәрсе (қыямет азабы) жақын ба яки узақ па, билмеймен.
110. Әлбетте, Ол гәптиң ашығын да, сизлер жасырған нәрсени (сөзлерди) де биледи.
111. Билмеймен, бәлким, бул (жазаның кешиктирилиўи) – сизлер ушын сынақ яки ўақытша (өлгениңизге шекем) пайдаланыў (имканият)».
112. (Муҳаммад): «Я Рәббим! Өзиң ҳақыйқат пенен ҳүким қыл! Рәббимиз – Меҳрибан ҳәм сизлердиң (орынсыз) сыпатлаўыңызға қарсы жәрдем соралатуғын (Аллаҳ)», – деди.
[1] 21. ӘНБИЯ СҮРЕСИ
Әнбия – пайғамбарлар. Сүреде Аллаҳтың бир екенлигине ақылый дәлиллер, барлық жанзатлар Аллаҳтың ҳикмети ҳәм қүдирети менен жаратылғаны, ақоид ҳәм ибадатқа тийисли аятлар, сондай-ақ, Идрис, Нуҳ, Ибраҳим, Исмайыл, Исҳақ, Яқуб, Лут, Даўыт, Сулайман, Айюб, Зул-Кифл, Зуннун (Юнус), Зәкария ҳәм Ийса (а.с.)лар ҳаққында да мағлыўматлар бар.
[2] 7-аят. Мәккә мушриклери Муҳаммадқа (а.с.) ийман келтирмеген китап ийелерине көбирек исенетуғын еди. Китап ийелери алдын өткен пайғамбарлар инсан жынысынан болғанын инкәр етпейтуғын еди. «Зикир әҳли» дегенде Қуран әҳли түсиниледи деген тәфсир де бар (Бғ. Хз.).
[3] 22-аят. Аллаҳ таалаға шерик болыўы ақыл жағынан да мүмкин емеслиги баян етилмекте. Набада басқа илаҳлар болғанда өз ара келисе алмай Жер ҳәм аспанлар ўайрангершиликке айланған болар еди.
[4] 26-аят. Ири араб қәўимлеринен бири Азд қәўиминен ажыралып шыққан Хузоа атлы киши қәўим адамлары периштелер Аллаҳтың қызлары, деген бузық ақыйдада болған (Мд.).
[5] 30-аят. Суфян Саўрий (рҳ.) айтады: «Ибн Аббас (рз.) сөзине қарағанда, Жер менен аспанлар биринши жаратылған пайытта тутас болған. Демек, қараңғылық жақтылықтан алдын жаратылған болады. Аспаннан жаўын жаўмайтуғын, Жер гия көгертпейтуғын еди. Жерде инсанларды жаратыўды ерк қылғаннан кейин, Аллаҳ жети қабат аспан ҳәм жети қабат жерди ажыратып қойғаннан кейин арасында ҳаўа пайда болды» (ИК).
Имам Қуртубий (рҳ.) бул аяттың тәфсиринде Жер ҳәм аспанлардың жаратылыўы ҳәм де олардың сырлары ҳаққында таң қаларлық мағлыўматларды келтирген.
[6] 36-аят. Бул аят Расулдың (а.с.) қасынан Әбиў Жаҳл өтип баратырғанда: «Абдуманаф әўладынан шыққан пайғамбар мынаў ма?» – деп мысқыллап күлип сөйлегени себепли нәзил етилген (Мд. Хз.).
[7] 37-аят. Аяттың басқаша тәфсири де бар. Мәселен, Адам (а.с.)ды Аллаҳ таала жума күниниң ақырғы бөлиминде Қуяш батпастан алдынырақ аз мүддетте асығыс жаратқан. Соның ушын инсан негизине тартып барлық исте асығыслық қыла береди.
Мужаҳид (рҳ.) сөзи бойынша, Адам (а.с.)ның денеси жаратылғаннан кейин, көзлерине ҳәм тилине жан кириўи менен-ақ, аяқларына жан кириўге үлгермей турып: «Ҳәй Рәббим! Мени тезирек, Қуяш батпай турып тамамла!» – деген екен (Тб.).
[8] 47-аят. Даўыт (а.с.) Аллаҳтан қыямет тәрезисин бир көрсетиўди сораған екен. Көрсе, ҳәр бир пәллеси Шығыстан Батысқа жетеди-миш. Таңланғанынан еси аўып қалыпты. Өзине келгеннен кейин, Аллаҳтан: «Рәббим, бундай үлкен пәллени ким өз саўаплары менен толтыра алады?» – деп сорапты. Жуўабына Аллаҳ: «Ҳәй Даўыт, егер мен бендемнен разы болсам, ол садақа қылған бир дана қурма менен де саўап пәллесин толтырып қояман», – деген екен. Инсанның қылған әмеллерин салмақ пенен өлшеўдиң еки жолы бар: Бири – әмел жазылған әмел китабы бетлери тартылады. Екиншиси – саўаплары ақ гәўҳарларға, гүналары қара гәўҳарларға айландырылып тартылады. Кәпир ҳәм мушриклердиң әмеллери тәрезиде тартылмайды (Хз.)
[9] 63-аят. Бухарий ҳәм Муслимлер (рҳ.) рәўият қылған ҳәдисте айтылған: «Ибраҳим (а.с.) тек үш мәрте жалған сөйлеген. Бириншиси, мен бийтаппан, деп мушриклер менен байрамға бармай, бутханада жалғыз қалып, бутларды сындырғанда. Екиншиси – киши бутларды сындырған олардың үлкени, деп мушриклер санасын ашпақшы болғанда. Үшиншиси – ҳаялы Сараны қарындасым деп залым шаҳтың зулымлығынан сақлап қалғанда» (Хз. ИК).
[10] 68-аят. Мушриклер үлкен от жағып, Ибраҳимди (а.с.) манжаниққа (арнаўлы тас атыў қуралына) байлап, отқа атты.
[11] 75-аят. Лут (а.с.) Ибраҳимниң (а.с.) Ҳарон исимли бирәдарының улы. Халилуллаҳтың және бир бирәдары Нахур болып, бул үш аға-ини Тарахтың (Азардың) улы есапланады. Көпшилик тарийхшылардың сөзи бойынша, Ибраҳим (а.с.) Ирактың Куса қаласында туўылған. Куса Бабыл (Вавилон) қаласына қараслы болып, Намруд оны отқа таслаған жери де усы жер есапланады. Ибраҳим (а.с.) Лут (а.с.) пенен кейин ала Шамға көшип кеткен (Саъл.).
[12] 76-аят. Үлкен ғам бул жерде топан суўы бәлеси есапланады.
[13] 79-аят. Даўыт пенен Сулайман (а.с.)лар алдына еки даўагер келип, олардан бириниң қойлары екиншисиниң егинлерине түсип, бүлдирип кеткенин айтып, пәтўа сорайды. Даўыт (а.с.) қойлар егинниң ийесине берип жиберилсин, дейди. Сонда Сулайман (а.с.) бул пәтўаға қарсылық билдирип, бүлдирген қойларды егинниң ийесине, ал жерди қойлардың ийесине берип, ол егинзарлықты алдынғы ҳалатына келтиргеннен кейин ғана қойларын оған қайтарып бериўге, бул ўақытқа шекем аманат қойлардан туўылған қозылар егинзарлықтың ийесинде қалдырылыўын усыныс етеди. Даўыт (а.с.) бул ҳүкимниң әдалатлырақ екенине қанаат пайда еткеннен кейин оған разы болады, деген рәўият тәфсирлерде бар (Мд.).
[14] 82-аят. Сулайманға (а.с.) самалдан тысқары жинлер де бойсындырып қойылған еди. Жинлер оның буйрығына итаат қылар еди. Теңиздиң түбинен дүрлерди алып шығыў, имаратлар қурыў, ҳәйкеллер жасаў, елши-хабаршылық қылыў ҳәм басқа ўазыйпаларды орынлайтуғын еди. Ҳасан Басрий (рҳ.) сөзи бойынша, Сулайман (а.с.) алдын шырайлы атта жүретуғын еди. Кейин ала оның менен бәнт болып, намазды қаза қылып қойғаннан кейин Аллаҳ таала атты самалға алмастырып қойған (Мд. Хз.)
[15] 84-аят. Айюб пайғамбар тарийхта сабыр-тақатлықта атақлы болып, бул пазыйлети тиллерде тымсалға айланып кеткен. Оны шайтан қызғанып, байлығы, перзентлериниң көплиги ҳәм денесиниң саламатлығы ушын көп ибадат қылады, дегенинде, оған жуўап ретинде Аллаҳтың жиберген барлық мүсийбет ҳәм дәртлерине шыдам берип, шикаят қылмаған. Бул қылған сабыр-тақаты сыйлығының белгили бир бөлимин жақты дүньяда да алыўға миясар болған.
[16] 91-аят. Аллаҳ таала Ийсаны (а.с.) Өз қүдиретин көрсетиў ушын дүньяға әкесиз келтириўди ерк қылғаннан кейин, Жәбрайылға (а.с.) буйырды, ол келип Мәрьям бинт Имранның жағасының ишине Аллаҳтың алдынан келтирген руўхты үпледи, ол ҳәмиледар болды.
[17] 92-аят. Бул аят бойынша, өткен барлық пайғамбарлардың дини де таўҳидке тийкарланған ислам дини болған ҳәм Аллаҳтың барлық бенделери Өзи тәрепинен нәзил етилген усы динде болыўға буйырылған (Мд. Хз.).
[18] 97-аят. Ҳузайфа (рз.) айтады: «Бир күни биз қыяметтиң қашан болыўы ҳаққында өз ара тартысып турған едик, Расул (а.с.) келип қалды ҳәм айтты, он белги жүз бермей турып, қыямет қайым болмайды: дүньяны түтин басыўы, Тәжжалдың шығыўы, Жерден бир мақлуқ шығып, кәпир ҳәм еки жүзлилерди айыра баслаўы, Қуяштың Батыстан шығыўы, аспаннан Ийсаның (а.с.) түсиўи, Яъжуж ҳәм Маъжуждың шығыўы, Шығыс пенен Батыста ҳәм Араб жазирасында жер жутыў ҳәдийселери ҳәм Йеменнен бир жалын шығып, адамларды бир жерге топлаўы» (Мс. Хз.).
[19] 105-аят. Бул жердеги «Зикир» дегенде Таўрат китабы яки Лаўҳул-маҳфуз екени ҳаққында рәўиятлар бар.
[20] * «Жақсы бенделер» дегенде Муҳаммад (а.с.) ҳәм үмметлери, деп айтылған тәфсир де бар. «Жер» дегенде Шам жери яки жәннет жери, деп те түсиник берилген (Мд. Тб.).
[21] 107-аят. Аяттағы «мийирманлық» жүдә кең мәнини аңлатады. Оларды билиў ушын Муҳаммадтың (а.с.) әдеп-икрамы, сийрат ҳәм шамаиллары (түр-түси), шәриятларының кеңпейиллиги, ҳәтте, күпир ҳәм ширк әҳлине де зулымды раўа көрмеўи, меҳир-мириўбет, ийгилик сыяқлы пазыйлетлер дереги екенинен хабардар болыў зәрүр.