Қураны кәрийм аўдармасы

Фийл

Меҳрибан ҳәм Рейимли Аллаҳтың аты менен (баслайман).

1. (Ҳәй Муҳаммад!) Рәббиң «пил ийелери»н не қылғанын көрмедиң бе?

2. (Ол) олардың ҳийлелерин жоққа шығармады ма?!

3. Олардың үстине топар-топар қусларды жиберди.

4. (Олар) пискен таслар менен оларды атар еди.

5. Кейин, оларды (Каабаны бузыўға келгенлерди) жеп (шайнап) тасланған сабандай етип қойды[2].



[1] 105. ФИЙЛ СҮРЕСИ

«Фийл» – Пил (белгили ҳайўан).

Сүреде Пайғамбарымыз (а.с.) туўылған жылы жүз берген тарийхый ҳәм ибратлы ўақыя қысқаша баян етилген.

[2] 5-аят. Милодтың 570-жылы Йемен ҳәкими мушрик Абраҳа Мәккәдағы Каабаның зыярат етилиўин қызғанып, Йеменде бир ибадат орын қурдырған ҳәм адамларды оны зыяратлаўға үгитлеген. Бир топар зыяратшылар келип, оның ишине түрли шығындыларды таслап, патас аўҳалға келтирип кеткен. Буны көрген Абраҳа ғәзепленип, өз әскерлериниң алдына имаратларды бузыўда пайдаланылатуғын пилди салып жолға түседи. Каабаға жақын қалғанда Аллаҳ таала олардың үстине бир тода қусларды жибереди. Олардың ҳәр бири тумсығына қыздырылған тас пенен Абраҳа әскерлериниң үстине жапырылып келип тас жаўдырады. Бул жыл «Пил жылы» деп аталған. Муҳаммад (а.с.) усы жылы туўылған.