Қураны кәрийм аўдармасы

Зәрият

Меҳрибан ҳәм Рейимли Аллаҳтың аты менен (баслайман).

1. Ант етемен (бултларды) айдап жүриўши (самаллар) менен,

2. жүк (жаўын) көтериўшилер (бултлар) менен,

3. (суў бетинде) жеңил жүзиўши (кеме)лер менен

4. ҳәм (Аллаҳ буйырған) исти бөлистириўши (периште)лер менен

5. әлбетте, сизлерге ўәде етилген нәрсе (қайта тирилиў), шубҳасыз, рас

6. ҳәм әлбетте, (қыямет күни есап-санақ қылынғаннан кейин) жаза (ҳәм сыйлық) – болыўшы!

7. (Жулдызлар ҳәрекет қылатуғын) жоллар ийеси болған аспан менен ант етемен,

8. әлбетте, сизлер (усы пайғамбар ҳаққында) қарама-қарсы сөздесиз (пикирдесиз)!

9. Оннан (Қураннан ҳәм Пайғамбардан) бурылған (бахытсыз) кимсе, адастырып қойылады.

10. (Сол) өтирикшилерге – өлим!

11. Олар – (наданлық) ийириминде адасып жүриўши.

12. (Олар) жаза (қыямет) күни қашан болыўын сорайды.

13. (Ол Күн –) олар дозақта сыналатуғын Күн.

14. (Сол ўақытта оларға айтылады): «Сынағыңызды татып көриң! Сизлер (дүньядағы ўақтыңызда) асықтырып атырған нәрсе – усы!»

15. Әлбетте, тақўалылар (жәннеттеги) бағларда ҳәм булақларда болады.

16. Рәббиси берген нәрселерди (сыйлықларды) алған ҳалда болады. Себеби, олар буннан алдын (дүньяда) ийгиликли ислерди қылыўшы еди.

17. (Олар) түнниң азғантай (бөлегинде ғана) уйқылар еди.

18. Олар сәҳәрлерде (Аллаҳтан) мағфират сорар еди.

19. Олардың мал-мүликлеринде тиленши ҳәм мүтәж адамлар ушын (ажыратылған) ҳақы (үлес) бар.

20. (Ҳәй инсанлар!) Жерде исениўшилер ушын белгилер бар.

21. Өзлериңизде де (белгилер) бар. Я (оларды) көрмей атырсыз ба?!

22. Ал, аспанда ырысқыларыңыз (жаўын) ҳәм сизлерге ўәде етилип атырған нәрсе (жәннет) бар.

23. Солай екен, аспан ҳәм Жердиң Рәббисине ант, әлбетте, ол (ўәде) сизлер сөйлесип атырғаныңыздай ҳақыйқат!

24. (Ҳәй Муҳаммад!) Саған Ибраҳимның ҳүрметли мийманларының хабары келди ме?

25. Сонда, олар оның алдына кирип, «Сәлем» дегенде, ол: «Сәлем. (Булар) бийтаныс қәўим ғой», – деди.

26. Соң, әҳлине әстен барып, семиз бузаўды (сойып, писирип) әкелди.

27. Оны оларға жақынлатып: «(Аўқаттан) жемейсиз бе?» – деди.

28. (Бирақ, олар аўқатқа қол созбағаннан кейин) олардан қорқа баслады. (Сонда) олар: «Қорықпа! (Биз периштелер аўқат жемеймиз)», – деди ҳәм оған (Ибраҳимге) илим­ли баланың (туўылыўы) хош хабарын берди.

29. Сонда, (Ибраҳимниң) ҳаялы қышқырып келди де, (ҳайран қалғанынан) өзиниң бетине (шапалақ) урып: «Ҳаў (мен) туўмайтуғын, кемпир(мен) ғой?!» – деди.

30. Олар: «Сениң Рәббиң солай деп айтты. Әлбетте, Оның Өзи – Ҳикметли, Билимли», – деди.

31. (Ибраҳим): «Ҳәй елшилер! Жумысларыңыз не?» – деди.

32. Олар айтты: «Бизлер бир жынаятшы қәўимге (Лут қәўимине) жиберилдик.

33. Олардың үстине (писирилген) ылайдан тасларды таслаў ушын (келдик).

34. Рәббиң алдында ҳәдден асқанлар ушын (ҳәр бир тасқа) белги қойылған (атлары жазып қойылған)».

35. Бизлер ол жерден мөминлерди шығардық.

36. Ол жерде бир үйден (Лут үйинен) бас­қа мусылманларды таппадық.

37. Биз ол жерде (кәпирлерди қыйратқанымыздан кейин) аўыртыўшы азаптан қорқатуғынлар ушын белги қалдырдық.

38. Муўса (қыссасын)да да (белги бар). Еслең, Биз оны анық ҳүжжет пенен Фиръаўнға жиберген едик.

39. Ол өзиниң салтанаты менен (ийман келтириўден) жүз бурып: «(Муўса) сыйқыршы ямаса мәжнүн», – деди.

40. Кейин, Биз оны ҳәм оның ләшкерлерин услап, теңизге тасладық (шөктирдик). Ол жаманланыўға ылайық.

41. Адта (қәўими қыссасында) да (белги бар). Еслең, Биз оларға пайдасы жоқ самалды жибердик.

42. (Ол) қайсы нәрсеге жетип барса, оны (набыт етип) мисли шириген сүйектей етип таслайды.

43. Самудта (қәўими қыссасында) да (белги бар). Оларға (қадаған етилген түйени сойып жибергенде): «бир ўақытқа шекем (үш күнге шекем тиришилик неъматынан) пайдаланып турың!» – делинген еди.

44. Кейин олар Аллаҳтың буйрығы (итааты)нан бас тартқанда, қарап турған ҳалларында оларды шақмақ урды.

45. Кейин олар (қашыў ушын) орнынан тура алмады ҳәм (ҳеш ким тәрепинен) жәрдем де ала алмады.

46. (Усы қәўимлерден) алдын Нуҳ қәўимин де (қыйратқанбыз). Әлбетте, олар – фасық (итаатсыз) қәўим еди.

47. Аспанды «қоллар» менен бина қылдық. Әлбетте, Биз – кеңейтиўшимиз.

48. Ал, Жерди (жайып) төсеп қойдық. Солай екен, Биз қандай жақсы жайыўшымыз!

49. Биз ҳәр бир нәрсени жуп қылып жараттық. Қәнекей, еслетпе алсаңыз.

50. (Ҳәй Муҳаммад! Оларға айтың:) «Енди тек Аллаҳға ғана (ийман келтириў ушын) қашың! Әлбетте, мен – сизлерди Оннан (азабынан) анық ескертиўшимен.

51. Аллаҳ пенен бирге және басқа илаҳ бар демең! Әлбетте, мен – сизлер ушын Оннан (азабынан) анық ескертиўшимен».

52. Тап усындай, олардан (Мәккә мушриклеринен) алдынғыларға да (кәпирлерге де бир) пайғамбар келсе, олар да (оны) сыйқыршы ямаса мәжнүн, – дер еди.

53. Олар соны (сөзди) бир-бирине ўәсият қылып қалдырған ба?! Яқ! Олар – ҳәддинен асқан қәўим!

54. Енди (ҳәй Муҳаммад!) Сен олардан жүзиңди бур! Енди сен маламатланыўшы емессең.

55. Еслет. Әлбетте, еслетиў мөминлерге пайда береди.

56. Мен жинлер ҳәм инсанларды тек Өзиме ибадат қылыўы ушын ғана жараттым.

57. Мен олардан (бир де) ырысқы қәлемеймен ҳәм Мени аўқатландырыўын да қәлемеймен.

58. Әлбетте, Аллаҳ Өзи – ырысқы бериўши, қуўат ийеси, беккемлик ийеси.

59. Әлбетте, зулым қылғанларға (кәпирлерге, алдын өткен кәпир) досларының несийбесиндей (азаптан) несийбе бар, солай екен, олар Мени(ң азабымды) асықтырмай-ақ қойсын.

60. Енди ўәде етилип атырған Күни кәпир болған кимселерге ўайл болсын!



[1] 51. ЗӘРИЯТ СҮРЕСИ

«Зәрият» – қуўыўшылар. Яғный, бултларды қуўып жүриўши самаллар. Усы сөз бенен ант етилгени себепли сүре усылай аталған. Сүреде Аллаҳ таала Өз бенделерин ақыреттен хабарландырып, ийгиликли әмел менен оған таярлық көриў лазым екенлиги айтылады.