Қураны кәрийм аўдармасы

Сәждә

Меҳрибан ҳәм Рейимли Аллаҳтың аты менен (баслайман).

1. Әлиф. Ләәм. Мийм.

2. Бул Китап (Қуран бәрше) әлемлердиң Рәббиси (тәрепи)нен нәзил етилгенине шубҳа жоқ.

3. Ямаса, оның (Муҳаммадтың) өзи тоқып алған, дей ме?! Яқ, Ол (Қуран) сеннен алдын (алты әсир даўамында) өзине ҳеш ескертиўши келмеген қәўимди ескертиўиң ушын Рәббиң (тәрепи)нен (нәзил етилген) ҳақыйқат. Қәне еди, олар ҳидаятқа кирсе.

4. Аллаҳ аспанлар ҳәм Жерди ҳәм де олар арасындағы бар нәрсени алты күнде жаратып, соң Аршқа «мустаўий[2]» болған. Сизлер ушын Оннан басқа дос та, шәпәәтши де жоқ. Ақыры (оннан) еслетпе алмайсыз ба?!

5. Ол аспаннан Жерге шекем ҳәмме истиң илажын көреди. Соң сол (ис) муғдары сизлер санап атырған есапта мың жылға тең болған күнде Оған көтериледи[3].

6. Әне Сол – ғайып ҳәм көринип турған нәрсени билиўши, Қүдиретли, Рейимли.

7. Ол Өзи жаратқан ҳәр бир нәрсени көркем еткен ҳәм (биринши рет) инсанның жаратылысын ылайдан баслаған.

8. Соң оның нәсилин арзымаған бир суўдан ибарат нутфа (мәний)дан (пайда) қылды.

9. Соң оны тиклеп, ишине Өз (мүлкиндеги) руўхынан үпледи. Ол сизлер ушын қулақ, көзлер ҳәм жүреклерди пайда етти. (Ал, бул неъматлар ушын) жүдә аз шүкир қыласыз.

10. Олар (кәпирлер): «Бизлер Жерде (астында) жоқ болып кеткеннен кейин, тағы тазадан жаратыламыз ба?!» – деди. Яқ! Олар – Рәббисине (олар менен болатуғын) жолығыўын инкәр етиўшилер.

11. Сен: «Сизлерге ўәкил қылынған өлим периштеси жаныңызды алады. Соң Рәббиңизге қайтарыласыз», – деп айт.

12. Егер сен (қыямет күни) гүнакарлардың Рәббиси алдында басларын ийип турып: «Я Рәббимиз, көрдик (көзимиз ашылды) ҳәм еситтик (қулағымыз ашылды). Енди бизлерди артқа (өмирге) қайтар, бизлер ийгиликли ис қылайық! Әлбетте, бизлер (енди) исендик», – (деп айтыўын) көрсең еди![4]

13. Егер Биз қәлегенимизде, ҳәр бир жанға өз ҳидаятын берер едик. Бирақ, Меннен: «Әлбетте, жәҳәннемди бәрше (күпирдеги) жинлер ҳәм адамлар менен толтыраман», – деген сөз ҳақ болды.

14. Енди (ҳәй кәпирлер!) Усы күндеги ушырасыўды умытқаныңыз ушын (азапты) татың! Әлбетте, Биз де (бүгин) сизлерди «умыттық». Қылмысларыңыз себепли мәңги азапты татың!

15. Әлбетте, Бизиң аятларымызға олар менен нәсият қылынғанда сәжде қылған ҳалында жығылатуғын ҳәм Рәббисине ҳамд пенен тасбиҳ айтатуғын ҳәм тәкаббырлық қылмайтуғынлар ғана ийман келтиреди[5].

16. Олардың жамбаслары (ибадат қылыў ушын) жатар жерлеринен ажыралып турады (аз уйқылайды). Олар Рәббисине қорқыў ҳәм үмит пенен дуўа қылады ҳәм Биз оларға ырысқы етип берген нәрселерден садақа қылады[6].

17. Енди олардың қылған ислерине сыйлық ушын жасырып қойылған көзлер қуўанышын (ақырет неъматларын) ҳеш ким билмейди.

18. Мөмин болған адам фасық (итаатсыз) болған адамдай бола ма?! (Яқ,) тең болмайды.

19. Ийман келтирип, ийгиликли ис қылғанларға, ислеп өткен ислери ушын жәннет мәканы мәнзил болады.

20. Ал, фасық болғанлардың мәнзиллери – дозақ. Қашан оннан шығыўды қәлесе, және оған қайтарылады ҳәм оларға: «Өзлериңиз (дүньяда исениў орнына) жалғанға шығарған дозақтың азабын татың!» – делинеди.

21. Әлбетте, Биз оларға үлкен азаптан алдын жақын азапты (дүнья азабын да) таттырамыз. Қәне еди, (олар итаатсызлықтан) қайтса.

22. Рәббисиниң аятлары менен еслетилгеннен кейин олардан жүз бурған адамнан да залымырақ адам бар ма?! Әлбетте, Биз (ондай) жынаятшылардан (дүнья ҳәм ақыретте) өш аламыз.

23. Ҳақыйқатында да, Биз Муўсаға Китапты (Таўратты) бердик, енди сен (ҳәй Муҳаммад!) Оған жолығыўға[7] шубҳада болма! Биз оны (Таўратты) Исрайыл әўладына (адасыўдан қутқарыўшы) ҳидаят (дереги) қылып бердик.

24. Олар сабыр еткен ўақытта, Биз олардан буйрығымыз бенен ҳидаятқа баслайтуғын жолбасшыларды шығардық. Олар Бизиң аятларымызға анық исенеди.

25. (Ҳәй Муҳаммад!) Әлбетте, Рәббиңниң Өзи қыямет күни олар (адамлар) арасындағы тартысылған нәрселер ҳаққында шешим қылады.

26. Оларды (мушриклерди) өзлеринен алдын мәканларында жүрип өткен қаншадан-қанша әўладларды жоқ еткенимиз, оларды ҳидаятқа басламады ма?! Әлбетте, бунда белгилер бар. Олар еситпей ме?!

27. Биз суўды қурғақ жерге айдап, кейин оның менен шарўалары ҳәм өзлери жейтуғын егинлерди шығарыўымызды билмей ме?! Олар (буны) көрмей ме?!

28. Олар (мусылманларға): «Егер расгөй болсаңыз, бул фатҳ (жеңис) қашан болады?!» – дейди.

29. (Ҳәй Муҳаммад!) Сен: «Фатҳ күни[8] күпир кел­­­­тиргенлерге ийманлары пайда бермейди ҳәм оларға (тәўбе ушын) мәўлет те берилмейди», – деп айт.

30. Енди олардан жүзиңди бур ҳәм (не болыўын) күт! Әлбетте, олар да – күтиўши.



[1] 32. СӘЖДӘ СҮРЕСИ

Сүрениң 15-аятында сәжде аяты келгени ушын оған усы атама берилген.

Сүреде Жер ҳәм аспанлардың жаратылыўы, дүньяның пәнийлиги, ал ақыреттиң бақый екени, қыямет күни қайта тирилиўдиң ҳақ екени, сол күни ҳәр бир инсан есап беретуғыны, усы аўыр кешетуғын Күн ушын таярланыў зәрүрлиги уқтырылады.

[2] 4-аят. «Мустаўий» сөзиниң тәфсири ҳаққында Раъд сүресиниң 2-аятында да айтылады. Жаъфар ас-Садық, Ҳасан Басрий, Әбиў Ҳанийфа, Мәлик ибн Анас раҳматуллаҳи алайҳлар сөзине көре: «Истиўа сөзиниң мәниси ҳәммеге мәлим, кейпияты ҳәм қандай екени намәлим, оған ийман келтириў ўәжиб, оны инкәр етиў күпир, оның кейпияты ҳаққында сораў бериў бидъат. Бирақ «Мушаббиҳа» топарына уқсап «Арш»ты тахт, «Истиўа»ны орналасыў деп тәфсир етиў надурыс ақыйда. Демек, биз Аллаҳ Арштың үстинде «Мустаўий» деп айтамыз, бирақ Арштың үстинде орналасты демеймиз. Себеби, Аллаҳ Арштан алдын да, кейин де бар. Ол мәкан ҳәм заманнан тысқарыда. (Мд.)

[3] 5-аят. Қыямет күнлериниң ҳәр бир күни дүньядағы күн есабы бойынша мың жылға тең. Бул аят атақлы муфассирлер тәрепинен ҳәр түрли тәфсир қылынған.

[4] 12-аят. Жынаятшылар – дүньяда күпир, ширк ҳәм адасыўда болған. Басларын төмен тутып турыўы хорлық, айыбына ықрарлық, өз қылмысынан уялыў ҳәм пушайманлық белгиси есапланады (Мд. Қз.).

[5] 15-аят. Бул – сәжде аяты.

[6] 16-аят. Бул аяттағы «аз уйқылайтуғынлар» дегенде кимлер нәзерде тутылғаны туўралы түрли тәфсирлер бар. Көбирек муфассирлер түнде, қуптан менен таң намазы аралығында оқылатуғын нәпил, таҳажжуд намазларын оқыйтуғынлар, деп жазған. Айырымлары қуптан намазын оқымағанша уйқыламайтуғынлар деп айтқан. Шам намазынан кейин қуптан ўақтына шекем мешиттен кетпей, нәпил оқыған муҳажирлер яки сәҳәрде Аллаҳға дуўа, истиғфар айтыўшы бенделер, деп те тәфсир қылынған (Мд. Ол.).

Қудсий ҳәдис: «Солиҳ бенделерим ушын көз көрмеген, қулақ еситпеген ҳәм ойға келмеген неъматларды таярлап қойдым».

[7] 23-аят. «Оған жолығыўға» ибарасынан не нәзерде тутылғаны туўралы түрли пикирлер айтылған. Мысалы, Муўсаның (а.с.) Китапты қабыл етип алыўы; Муҳаммадтың (а.с.) Муўса (а.с.) менен мераж түнинде ушырасқаны; Муўсаның (а.с.) қыйыншылықларға ушыраўы ҳәм басқа түсиниклер берилген (Мд. Ол.).

[8] 29-аят. Фатҳ күни – бул қыямет күни ямаса Бадр саўашы күни яки Мәккә фатҳ қылынған күн.