1. Ҳәй Нәбий! Аллаҳтан қорық! Кәпир ҳәм еки жүзлилерге бойсынба! Әлбетте, Аллаҳ – Илимли, Ҳикметли.
2. Рәббиңнен саған ўаҳий қылынып атырған нәрсеге (аятларға) ер! Әлбетте, Аллаҳ – сизлер ислеп атырған әмеллериңизден хабардар.
3. Аллаҳға тәўекел қыл! Аллаҳтың Өзи – жетерли Қәўендер.
4. Аллаҳ бир адамның ишинде еки кеўил жаратпады. Сизлер «зиҳар»[2] қылып атырған ҳаялларыңызды да сизлер ушын ана қылмады ҳәм сақлап алған балаларыңызды да сизлерге перзент қылмады. Бул сизлердиң аўызларыңыз бенен айтқан гәплериңиз[3]. Аллаҳ ҳақыйқатты айтады ҳәм Ол (туўры) жолға баслайды.
5. Оларды (асырап алған перзентлерди) өз әкелери(ниң аты) менен шақырың! Усы – Аллаҳтың алдында дурыс. Егер әкелерин билмесеңиз, онда олар сизлердиң дин ағайинлериңиз ҳәм досларыңыз. Қәтелескен нәрселериңизде сизлерге гүна жоқ, бирақ кеўиллериңиз (бенен) мақсет қылған нәрселерде ғана (гүнакар боласыз). Аллаҳ – Кеширимли, Рейимли.
6. Пайғамбар мөминлер ушын өзлеринен де ҳақлырақ. Ал, оның ҳаяллары олардың (мөминлердиң) – аналары[4]. Аллаҳтың Китабында ағайин-туўысқанлар (мийрас алыўда) бир-бирине (ағайин-туўысқан болмаған) басқа мөминлерден ҳәм мүҳәжирлерден ҳақылырақ, бирақ (диндеги) досларыңызға (мийрас бериў менен) жақсылық қылыўыңыз (мүмкин). Бул (ҳүкимлер) Китапта (Лаўҳул-маҳфузда) жазып қойылған.
7. Еслең! Биз (бәрше) нәбийлерден ҳәм сеннен, Нуҳтан, Ибраҳим, Муўса ҳәм де Ийса ибн Мәрьямнан келисим алған едик. Олардан қатаң келисим алдық[5].
8. Бул расгөйлерден (қыяметте) садықлығы ҳаққында сораў ушын еди. (Аллаҳ) кәпирлерге аўыртыўшы азапты таярлап қойды.
9. Ҳәй ийман келтиргенлер! Аллаҳтың сизлерге берген неъматын еслең![6] Сол ўақытта үстиңизге (бастырып) ләшкер келген еди. Кейин Биз олардың үстине самалды ҳәм сизлер көрмеген әскер(периште)лерди жибердик. Аллаҳ – не қылып атырғаныңызды Көрип турыўшы.
10. Сол ўақытта олар сизлердиң жоқары ҳәм пәс (тәреп)иңизден келген еди. Сонда көзлер (алды) қараўытып, жанлар алқымға келген еди ҳәм сизлер Аллаҳ ҳаққында (түрли) гүманлар қыла баслаған едиңиз.
11. Сол жерде мөминлер сыналды ҳәм (қорқыныш, қәўип-қәтерден) қатты теңселди.
12. Сол ўақытта еки жүзлилер ҳәм кеўиллеринде кесели бар (итиқады әззи) адамлар: «Аллаҳ ҳәм Оның Пайғамбары бизлерге өтириктен басқаны ўәде қылмаған екен», – дейди.
13. Сол ўақытта олардан бир топар адам: «Ҳәй Ясриб (Мадина) халқы! Сизлерге (бунша көп санлы душпанға қарсы) турыў имканы жоқ. Енди (өз үйлериңизге) қайтың!» – деди. Олардан бир топары Пайғамбардан руқсат сорап: «Үйлеримиз ашық қалған», – дейди. (Негизинде) олар (үйлери) ашық емес еди. Олар тек (урыстан) қашыўды ғана қәлейди.
14. Егер олардың (еки жүзлилердиң) үстине оның (Мадинаның түрли) тәреплеринен кирилсе, соң олардан фитна талап қылынса, әлбетте, олар көп (екиленип) турмастан оған (фитнаға) келген (қосылып кеткен) болар еди.
15. Ҳақыйқатында да, олар буннан алдын артқа қарап қашпаўға Аллаҳға келисим берген еди. Ал, Аллаҳға берилген келисим – (қыяметте) соралыўшы.
16. (Ҳәй Муҳаммад!) Сен: «Егер өлимнен ямаса өлтирилиўден қашсаңыз, қашыў сизлерге ҳеш қандай пайда бермейди. Демек, сизлер (өмирден) тек жүдә аз пайдаланасыз», – деп айт.
17. Сен: «Егер Аллаҳ сизлерге жаманлықты қәлесе, сизлерди Оннан ким сақлай алады ямаса Ол сизлерге мийримди қәлесе, (ким оған тосқынлық қыла алады)?!» – деп айт. Олар өзлерине Аллаҳтан басқа дос та, жәрдем бериўши де таба алмайды.
18. Ҳақыйқатында да, Аллаҳ ишиңиздеги (жиҳадқа) қарсылық қылыўшыларды да ҳәм өз ағайинлерине (досларына): «Бизлер тәрепке келиң!» – деп айтыўшыларды да биледи. Олар урысқа жүдә аз келеди.
19. (Бул) сизлерге сықмарлық қылыўы. Кейин (жаў тәрептен) қәўип келген ўақытта олардың өлим орап алған адамдай көзлери айланып (жаўтаңлап) саған қарап турғанын көресең. Кейин қәўип кеткенде жақсылыққа (олжаларға) ашкөзлик қылып, сизлерди өткир тиллер менен ренжитеди. Әне солар – ийман келтирмегенлер. (Сонлықтан,) Аллаҳ олардың әмеллерин зая қылды. Бул – Аллаҳ ушын аңсат.
20. Олар (еки жүзлилер) ол топарлар (жаў)ды кетпеген деп ойлайды. Егер ол топарлар (және қайтып) келсе, олар аъробийлер (саҳралылар) ишинде болып, сизлердиң хабарларыңызды сорап турыўды қәлейди. Егер сизлердиң ишиңизде болғанда да, саўашқа жүдә аз кирген болар еди[7].
21. (Ҳәй ийман келтиргенлер!) Ҳақыйқатында да, сизлер ушын, Аллаҳтан ҳәм ақырет күнинен үмит қылғанлар ушын ҳәм Аллаҳты көп зикир қылғанлар ушын Аллаҳтың пайғамбарында жақсы өрнек бар[8].
22. Мөминлер топарлар (жаў)ды көргенде: «Бул – Аллаҳ ҳәм Оның Расулы бизлерге ўәде еткен нәрсе (сынақ). Аллаҳ ҳәм Оның Расулы рас сөйлейди», – деди. Бул (сөзлер) оларға ийман ҳәм итаатты ғана зыяда қылды[9].
23. Мөминлерден Аллаҳға берген келисимлерине садық адамлар бар. Енди олардан (өз келисимине опа қылып) қайтыс (шейит) болғанлары ҳәм олардан (шейит болыўды) күтип атырғанлары бар[10]. Олар (келисимлеринен) ҳеш нәрсени алмастырмады.
24. Аллаҳ (келисимине) садық (адам)ларды садықлығы себепли сыйлықлаў ушын ҳәм еки жүзлилерди егер қәлесе, азаплаўы ямаса тәўбесин қабыл етиўи ушын (усы сынақты өткизди). Әлбетте, Аллаҳ – Кеширимли, Рейимли.
25. Аллаҳ күпир келтиргенлерди ғәзепленген ҳалларында қайтарды. Олар ҳеш бир жақсылыққа (пайдаға) ериспеди. Мөминлер ушын урыста Аллаҳ жетерли болды (мөминлерди урыссыз жеңиске еристирди). Аллаҳ – Күшли, Қүдиретли.
26. Ол олар (топарлар)ға жәрдем берген китап ийелеринен болғанларды өз қорғанларынан түсирди ҳәм кеўиллерине қорқыныш салды. (Олардан) бир топарын өлтиресиз ҳәм бир топарын тутқын қыласыз[11].
27. Сизлерге (Аллаҳ) олардың жерин, үлкелерин (үй-жайларын), мал-мүликлерин ҳәм аяғы жетпеген жерин мийрас етип берди. Аллаҳ ҳәр бир нәрсеге қәдир.
28. Ҳәй Нәбий! Ҳаялларыңа айт: «Егер бул дүнья өмирин ҳәм оның зийнетин қәлесеңиз, онда келиң, сизлерди (сол нәрселер менен) пайдаландырайын ҳәм жақсы ҳалда талақ қылайын!
29. Егер Аллаҳты, Оның Расулын ҳәм ақырет үлкесин қәлесеңиз, онда әлбетте, Аллаҳ сизлерден ийгиликли исти ислеўшилерге уллы сыйлықты (жәннетти) таярлап қойыпты».
30. Ҳәй Нәбийдиң ҳаяллары! Сизлерден ким ашық гүна қылса, оған берилетуғын азап еки есе көбейтиледи. Бул (киби жазаларды бериў) Аллаҳ ушын аңсат.
31. Сизлерден ким Аллаҳ ҳәм Оның Расулына мудамы итаатта болса ҳәм ийгиликли ис қылса, оның саўабын еки есе беремиз ҳәм оның ушын кең ырысқыны (жәннетти) таярлағанбыз.
32. Ҳәй Нәбийдиң ҳаяллары! Сизлер (басқа) бир ҳаяллар сыяқлы емессиз. Егер тақўа қылсаңыз, (намәҳрәмларға) жумсақ сөз қылмаң, егер ондай қылсаңыз, кеўлинде кесели бар болған (сизлерден) дәме қылады. Жақсы (туўры) сөзди сөйлең.
33. Салдамлы болып үйиңизде отырың. (Көшеге шыққаныңызда) бурынғы жәҳилияттың безенгениндей безенбең. Намазды кәмил оқың, зәкат бериң, Аллаҳға ҳәм Оның Расулына бойсының. Ҳәй әҳли байт (пайғамбар ҳаяллары)! Әлбетте, Аллаҳ сизлерден гүнаны жоқ етип, толық пәклеўди қәлейди.
34. Үйиңизде тиләўат етилип атырған Аллаҳтың аятларын ҳәм ҳикметти (пайғамбар ҳәдислерин) зикир қылың! Әлбетте, Аллаҳ – Латийф, Хабардар.
35. Әлбетте, мусылман еркеклер ҳәм мусылман ҳаяллар, мөмин еркеклер ҳәм мөмин ҳаяллар, бойсыныўшы еркеклер ҳәм бойсыныўшы ҳаяллар, туўры сөзли еркеклер ҳәм туўры сөзли ҳаяллар, сабырлы еркеклер ҳәм сабырлы ҳаяллар, (Аллаҳтан) қорқыўшы (кишипейил) еркеклер ҳәм (Аллаҳтан) қорқыўшы (кишипейил) ҳаяллар, садақа қылыўшы еркеклер ҳәм садақа қылыўшы ҳаяллар, ораза тутыўшы еркеклер ҳәм ораза тутыўшы ҳаяллар, әўретлерин (ҳарамнан) сақлаўшы еркеклер ҳәм (әўретлерин ҳарамнан) сақлаўшы ҳаяллар, Аллаҳты көп зикир қылыўшы еркеклер ҳәм (Аллаҳты көп) зикир қылыўшы ҳаяллар – усылар ушын Аллаҳ кеширимди ҳәм уллы сыйлықты (жәннетти) таярлап қойыпты[12].
36. Аллаҳ ҳәм Оның Расулы бир иске ҳүким қылғанда, ҳеш бир мөмин еркек ҳәм ҳеш бир мөмин ҳаял ушын, өзлериниң ислеринде (қылыў ямаса қылмаўда) ықтыяр қылыў жоқ. Ким Аллаҳға ҳәм Оның Расулына бойсынбаса, онда ҳақыйқатында да, анық адасыўда адасыпты.
37. (Ҳәй Муҳаммад!) Есле, Аллаҳ неъмат берген ҳәм сен де (қуллықтан азат етиў менен) неъмат берген адамға (Зайд ибн Ҳарисаға): «Жубайыңды өзиң менен тутып тур (талақ қылыўға асықпа)! Аллаҳтан қорық!» – деп, ишиңде Аллаҳ жәрия қылыўшы болған нәрсени жасырын тутар едиң ҳәм Аллаҳтан қорқыўыңа ҳақылырақ ҳалыңда, сен адамлардан (гәп-сөзлеринен) қорыққан едиң[13]. Енди Зайд оннан (Зайнабтан) өз ҳәжетин өтеп болғаннан (талақ қылғаннан) кейин, Биз сени оған (Зайнабқа) үйлендирдик. Мөминлерге сақлап алған балаларының ҳаялларынан олар өз ҳәжетлерин өтеп болғаннан (талақ қылғаннан) кейин, (некесине алыўда) қыйыншылық болмаўы ушын (усылай еттик). Аллаҳтың буйрығы – орынланыўшы.
38. Нәбийге Аллаҳ парыз (ҳадал) қылған нәрседе оған қыйыншылық болмайды. Бул – алдын өткенлер (пайғамбарлар) ҳаққында да Аллаҳтың (услаған) жолы. Аллаҳтың буйрығы – белгиленген тәғдир.
39. Олар (өткен пайғамбарлар) – Аллаҳтың елшилигин (пәрманларын бенделерине) жеткизетуғын, Оннан қорқатуғын, Аллаҳтан басқа ҳеш кимнен қорықпайтуғынлар. Аллаҳтың Өзи (бенделериниң әмеллерин) есап-санақ қылыўда жеткиликли.
40. Муҳаммад сизлердиң еркеклериңизден биреўиниң де әкеси емес. Бирақ, Аллаҳтың Расулы ҳәм Пайғамбарлардың ақырғысы (мөри)[14]. Аллаҳ – ҳәр бир нәрсени билиўши.
41. Ҳәй ийман келтиргенлер! Аллаҳты көп зикир қылың
42. ҳәм азанлы-кеш Оған тасбиҳ айтың!
43. Ол сизлерди қараңғылықлардан нурға шығарыў ушын сизлерге мийрим көрсетеди, Оның периштелери де (сизлерге мағфират тилейди). Ол мөминлерге рейимли.
44. Оған (Аллаҳға) жолыққан күндеги оларға (Аллаҳтың) күтип алыў сөзи – «сәлем»[15]. Оларға (Аллаҳ) жағымлы сыйлық (жәннет) таярлаған.
45. Ҳәй Нәбий! әлбетте, Биз сени (қыяметте бәрше үмметлерге) гүўалық бериўши, (жәннет ҳаққында) хош хабаршы ҳәм (дозақ азабынан) ескертиўши етип жибердик.
46. Аллаҳға Өзиниң руқсаты менен (сени Оның динине) шақырыўшы ҳәм (жол көрсетиўши) нурлы шырақ[16] қылып та (жибердик).
47. Мөминлерге, оларға, әлбетте, Аллаҳтан уллы кеңшилик (жәннет) болыўы ҳаққында хош хабар бер!
48. Кәпир ҳәм еки жүзлилерге бойсынба ҳәм олардың азарларына итибар берме! Аллаҳға тәўекел қыл! Қорғаўшы болыўға Аллаҳтың Өзи жетерли.
49. Ҳәй ийман келтиргенлер! Қашан мөмин ҳаялларды некелеп алсаңыз, соң оларды «қол тийгизбей» турып, талақ қылсаңыз, олардың мойнында сизлер ушын санайтуғын идда болмайды. Кейин сизлер оларды пайдаландырың (қаржылай сыйлық бериң) ҳәм шырайлы ҳалда шығарып салың![17]
50. Ҳәй Нәбий! Биз саған мәҳрлерин берген жубайларыңды, Аллаҳ саған олжа қылып берген қол астыңдағы (шоры)ларды, ҳәм сениң менен ҳижрат қылған әмекиңниң қызларын, әкеңниң апа-сиңлилериниң қызларын, дайыларыңыздың қызларын, дайы апаларыңыздың қызларын ҳәм егер бир мөмин ҳаял өзин Нәбийге бағышласа, Нәбий оны (мәҳрсиз) некелеп алыўды қәлесе, (усы ҳаялларды) сен ушын ҳадал қылдық. (Мәҳрсиз некелеп алыў бәрше) мөминлерге емес, тек сен ушын тән қылдық. Оларға (мөминлерге) жубайлары ҳәм қол астындағы мүликлери (шорылары) ҳаққында нени парыз қылғанымызды билемиз. Буны саған қыйыншылық болмаўы ушын қылдық. Аллаҳ – Кеширимли, Рейимли[18].
51. Сен олардан қәлегениңди қалдырып, қәлегениң менен бирге боласаң. Өзиң шетлеткенлерден қайсы бирин (қайтадан алыўды) қәлесең, саған гүна болмайды. Усындай болыўы олардың көзлери қуўанышқа толыўына, қайғырмаўына ҳәм сен оларға берген нәрсеге ҳәммесиниң разы болыўына жақынырақ (жол). Аллаҳ кеўиллериңиздеги нәрсени биледи. Аллаҳ – Илимли, Ҳалийм.
52. (Ҳәй Муҳаммад!) Саған буннан кейин (үйлениўиңизге) ҳаяллар ҳадал болмайды[19]. Егер солар (басқа ҳаяллар)дың сулыўлығы сени қызықтырса да[20] оларға (өз ҳаялларыңызға) басқа ҳаялларды алмастырыўыңа болмайды (ҳадал емес). Тек қолыңда мүлик болған (шоры)лар ғана мүмкин. Аллаҳ – ҳәр бир нәрсени бақлап турыўшы.
53. Ҳәй ийман келтиргенлер! Нәбийдиң үйлерине тек сизлерди аўқатқа шақырса ғана кириң! (Киргениңизде де) оған ерисиўге қарап турмаң, лекин шақырылсаңыз кириң ҳәм аўқат жеп болыўыңыз бенен тарқалып кетиң, гәпке берилип, (қалып) кетпең! Өйткени, бундай қылыўыңыз Пайғамбарға азар береди. Ал, ол сизлерден уялады. Аллаҳ ҳақ(ты айтыў)дан уялмайды. Қашан сизлер олардан (пайғамбардың ҳаялларынан) бир нәрсе сорасаңыз, перде артынан сораң! Усындай етиўиңиз өз кеўиллериңиз ушын да, олардың кеўиллери ушын да пәкизе (жол). Сизлер ушын Аллаҳтың пайғамбарына азар бериў ҳәм оннан кейин оның ҳаялларына үйлениўиңиз ҳасла мүмкин емес. Себеби, бундай қылыўыңыз Аллаҳтың алдында үлкен (гүна).
54. Егер бир нәрсени ашық-айдын қылсаңыз да ямаса жасырын қылсаңыз да, әлбетте, Аллаҳ – ҳәмме нәрсени Билиўши.
55. (Пайғамбардың ҳаяллары) өз әкелерине, балаларына, аға-инилерине, аға-инилериниң балаларына, апа-сиңлилериниң балаларына, (мөмин) ҳаялларға ҳәм қол астында мүлик болған (шоры)ларына (ҳижабсыз көриниўинде) гүна жоқ[21]. (Ҳәй Пайғамбардың ҳаяллары!) Аллаҳтан қорқың! Әлбетте, Аллаҳ – ҳәмме нәрсеге гүўа[22].
56. Әлбетте, Аллаҳ ҳәм Оның периштелери Пайғамбарға салаўат айтады. Ҳәй ийман келтиргенлер! (Сизлер де) оған салаўат ҳәм сәлем айтың[23].
57. Әлбетте, Аллаҳға ҳәм Оның Пайғамбарына азар беретуғынларды Аллаҳ бул дүньяда да, ақыретте де нәлетледи. Оларға хорлаўшы азапты таярлап қойыпты.
58. Мөмин еркеклер ҳәм мөмин ҳаялларға қылмаған гүналары менен азар беретуғынлар, ҳақыйқатында да дөҳметти ҳәм анық гүнаны өзлерине алған болады.
59. Ҳәй Пайғамбар! Ҳаялларыңа, қызларыңа ҳәм мөминлердиң ҳаялларына айт: «Үстилерине жабыншықларын таслап алсын!» Усы нәрсе олардың (ким екени) танылып азарланбаўы ушын жақын (ис). Аллаҳ – Кеширимли, Рейимли.
60. Ант болсын, егер еки жүзлилер, кеўиллеринде бузықлық барлар ҳәм Мадинада өсек тарқатыўшылар (өз қылмысларынан) тыйылмаса, Биз сени оларға қарсы қозғаймыз. Соң ол жерде (Мадинада) олардың азырағы ғана сениң менен қоңсы болып қалады.
61. Нәлетленген ҳалларында, (сол ўақытта) қай жерде табылса, тутылады ҳәм қырып тасланады.
62. (Бул) илгери өткенлер ҳаққында Аллаҳтың жолы. Аллаҳтың жолында ҳеш өзгерис таба алмассаң.
63. Адамлар сеннен қыямет (қашан болыўы) ҳаққында сорайды. Сен: «Оның илими тек Аллаҳтың алдында», – деп айт. Қаяқтан билесең, бәлким, сол қыямет жақында болатуғын шығар[24].
64. Әлбетте, Аллаҳ кәпирлерди нәлетледи ҳәм оларға дозақты таярлап қойды.
65. (Олар) бир дос та, бир жәрдемши де таба алмаған ҳалда ол жерде мәңги қалады.
66. Бетлери отта айландырылатуғын Күни олар: «Қәне еди, Аллаҳға бойсынғанымызда, Пайғамбарға бойсынғанымызда», – дейди.
67. Және айтады: «Я Рәббимиз, әлбетте, бизлер баслықларымызға ҳәм үлкенлеримизге бойсындық. Кейин, олар бизлерди (туўры) жолдан азғырды.
68. Я Рәббимиз, оларға азаптан еки есе қылып бер ҳәм оларды үлкен нәлет пенен нәлетле!»
69. Ҳәй ийман келтиргенлер! Муўсаға зыян бергенлер киби болмаң! Сонда, Аллаҳ оны (Муўсаны) олар айтқан нәрседен (айыптан) пәкледи[25]. Аллаҳтың алдында ол абырайлы еди.
70. Ҳәй ийман келтиргенлер! Аллаҳтан қорқың ҳәм туўры сөз сөйлең!
71. (Сонда Аллаҳ) ислериңизди оңлайды ҳәм гүналарыңызды кеширеди. Ким Аллаҳға ҳәм Оның Пайғамбарына бойсынса, ҳақыйқатында да уллы утысқа ерисипти.
72. Әлбетте, Биз (бул) аманатты (шын бенделик аманатын) аспанларға, Жерге ҳәм таўларға усындық. Кейин, олар оны көтериўден бас тартты ҳәм оннан қорықты. Оны инсан көтерди. Ҳақыйқатында да, ол (өзине) залым ҳәм надан[26].
73. Аллаҳ еки жүзли еркеклер ҳәм еки жүзли ҳаялларды, мушрик еркеклерди ҳәм мушрик ҳаялларды азаплаўы ушын ҳәм де мөмин еркеклер ҳәм мөмин ҳаяллардың тәўбелерин қабыл етиўи ушын (бул аманатты инсанның мойнына жүкледи). Аллаҳ – Кеширимли, Рейимли.
[1] 33. АҲЗАБ СҮРЕСИ
Аҳзаб – ағымлар, топарлар. Бирлик санда «ҳизб».
Сүреде «зиҳар», «табанний», әўрет, мәҳрәм ҳәм намәҳрәмлар, неке, талақ мәселелерине тийисли шәрият ҳүкимлери, мушрик ҳәм яҳудий қәўимлериниң бирлесип, мусылманларға қарсы жасаған ҳүжимлери ҳаққында да аятлар берилген.
Сүреде ҳижраттың төртинши жылы, шәўўәл айында мусылманларға қарсы уйымластырылған Хандақ (Қәндек) саўашы ўақтында жүз берген ўақыялар ҳәм мусылманлардың жеңиси ҳаққында айтылады.
[2] 4-аят. «Зиҳар»да күйеў өз ҳаялына: «Сен маған анамның денеси киби ҳарамсаң», – деп айтыўы менен қатты гүнакар болады, бирақ ҳаялы өз анасына айланып қалмайды. Бул гүнаны жуўыў ушын күйеў белгили муғдарда каффарат (жәрима) төлеўи зәрүр болады.
[3] *Аяттағы екинши мәселе асыранды бала ҳаққында. Сақлап алынған асыранды баланы тәрбиялап, өсириў динимиз бойынша саўаплы ислерден. Бирақ, соны билип қойыў керек, ол ҳеш қашан бағыўшының шаңарағына мәҳрәм болып қалмайды. Неке ҳәм мийрас мәселелеринде олардың ҳуқықы бийганалар ҳуқықы менен тең. Мәселен, бир шаңарақта асыранды ул ер жетсе, усы шаңарақтағы «қарындас»қа үйлениўи мүмкин. Сүрениң 37-аятында Муҳаммад (а.с.) асырап алған Зайд ибн Ҳариса (рз.) ўақыясы баян етиледи.
[4] 6-аят. Расулдың (а.с.) ҳаялы бәрше мусылманлардың анасы ҳүкиминде болыўына еки себеп бар. Бириншиси – ҳүрмет. Екиншиси – Расул (а.с.) қайтыс болғаннан кейин ҳеш бир мусылман Пайғамбардың (а.с.) ҳаялларына үйлениўге үмитленбеўи. Расулды (а.с.) «әке» деўдиң қадаған етилиўиниң де еки себеби бар: бириншиден, «әке» деп мүрәжат қылғаннан «Расулуллаҳ» деп мүрәжат қылыўдың абзаллығы. Екиншиден, Расул (а.с.) ер мөминлерге әке болғаннан кейин, ҳаял мөминлерге де әке есапланады. Нәтийжеде бир әкениң улы, өз әкесиниң қызына үйлениўине туўры келип қалады (Ун.).
[5] 7-аят. Аллаҳ таала қайсы пайғамбарды жиберсе, әлбетте, оның мойнында Аллаҳ тааланың буйрықларын бенделерине жеткизиў ҳәм Оның динине шақырыў ўазыйпасын жүклейди. Олар буған разы болады. Бул «мийсақ», яғный «әҳд» деп аталады. Бул аятта Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа саллам басқа пайғамбарлардан алдын зикир қылынған, бул пайғамбарымыз алайҳиссаламның ҳәмме пайғамбарлардан абзал екенинен.
[6] 9-аят. Уҳуд саўашынан бир жыл кейин болған «Қәндек» яки «Аҳзаб» саўашы туўралы нәзил болған аятларда Қурайш мушриклери менен Мадинада жасаўшы Ғатафан, Қурайза, Назир киби яҳудий қәўимлеринен қуралған жаў әскерлери аўқам дүзип, мусылманлар үстине Мадинаға бастырып келгени ҳәм Аллаҳтың ислам әҳлине мәдет бергени зикир етилген. Бул саўашта қәндек қазыў пикири Салман Фарсийден (рз.) шыққан еди.
[7] 20-аят. Бул жерде еки жүзлилердиң қорқақлығы әшкара қылынбақта. «Аҳзаб» ләшкерлери Мадинаға мусылманлар үстине бастырып кирмекши болғанында, Салман Фарсий (рз.) мәсләҳәти менен Мадина әтирапына қәндек қазғаны ҳәм жаў ләшкерлери оған қулап набыт болғаны да мусылманлардың жеңиси себеплеринен бири болған.
[8] 21-аят. Бул аят саўашқа себепсиз шықпағанлар ушын ескертиў сыпатында нәзил етилген (Қр.).
[9] 22-аят. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам душпан ләшкерлери топылысы ҳаққында тоғыз күн алдын айтқан еди. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның сөзи рас шыққаннан кейин, мусылманлар аятта келген сөзлерди айтады ҳәм Аллаҳ тааланың жәрдеми ҳәм саўабынан үмит қылып урысқа таяр турады. «Бақара» сүресиниң 214-аятында да Аллаҳ таала жолында қыйыншылық көрместен турып, жәннетти үмит қылмаў лазымлығы ҳәм жеңис ҳаққында хош хабар берилген еди. Мусылманлар сол аятты да еслеп, урысқа таяр турады.
[10] 23-аят. «Келисимине опа қылыў» ибарасынан саўаш алдынан шейит болыўға да разы болған саҳабалардың жаў тәрепинен өлтирилиўи нәзерде тутылған. Көпшилик тәфсирлер бойынша, бул жерде Уҳуд ҳәм Бадр саўашларында шейит болғанлар да нәзерде тутылған. Мәселен, Әмир Ҳамза, Мусъаб ибн Умайр, Анас ибн Назр (рз.)лар киби. Шейит болыўды күтип жасағанлар дегенде Усман ибн Аффан ҳәм Талҳа (рз.)лар нәзерде тутылған, делинген (Қз.).
[11] 26-аят. Расул (а.с.) Қәндек саўашынан қайтып, Фатима (рз.) алдында турғанында Жәбрайыл (а.с.) келип, Бани Қурайза кәпирлерине қарсы саўашқа шығыўы туўралы Аллаҳтың буйрығын жеткереди. Оларға мәдет бериў ушын аспаннан түскен периштелер де саўаш қуралларын шешпей таяр болып турғаны ҳаққында да хабар береди. Расул (а.с.) дәрҳал мусылманларға тезлик пенен Бани Қурайзаға қарай жолға шығыўға, ол жерге жетип бармағанша намазлыгерди оқымаўды буйырады. Ҳәзирет Әлий (рз.) байрақты көтерип, алдында барады. Бани Қурайзаға намазшам киргенде жетип барады. Айырым саҳабалар күн батыўдан алдынырақ, яғный жолда намазлыгер оқыйды. Басқалары буйрыққа әмел қылып, Бани Қурайзаға жетип барғаннан кейин, шамнан кейин қаза қылып оқыйды. Кейин бул ҳаққында Расулдан (а.с.) сорағанда ҳәр еки тайпа да туўры қылыпты, деп жуўап береди. Усы гәплеринен келип шығып, мужтаҳид өз ижтиҳадында қәте қылса да саўап ала береди, делинген (Лс.).
Бани Қурайза кәпирлери өз қалаларында жигирма бес күн қамалда турғаннан кейин тәслим болып, Саъд ибн Муаздың (рз.) төреши болыўына разы болады. Оның ҳүкимине муўапық жаўдың 600 әскери қырып тасланып, ҳаял ҳәм балалары тутқынға алынады ҳәм байлықлары олжа сыпатында мусылманларға бөлистирип бериледи (Мд. Лс.).
[12] 35-аят. Бул аят мадиналы Умму Аммараның (рз.) Расулға (а.с.): «Қуранда тек ер адамлар туўралы ҳүкимлер нәзил болмақта. Ҳаяллар зикир қылынбай атыр», – дегенинде нәзил болған (Қр.).
[13] 37-аят. Муҳаммад (а.с.) Зайнаб бинт Жаҳшты асыранды улына, яғный Зайд ибн Ҳарисаға (рз.) некелеп берген еди. Бирақ, Зайд оннан суўып баслап, бир күни Расулға (а.с.): «Мен оның менен ажыраспақшыман. Себеби, ол өзин меннен жоқары тутпақта», – дегенинде, Расул (а.с.) буннан оны қайтарады. Зайд бәрибир оны талақ қылады. Зайнаб Зайд пенен ажырасып, Расулға (а.с.) турмысқа шығады (Мд.).
[14] 40-аят. Бул жерде Аллаҳ таала Муҳаммадты (а.с.) «Пайғамбарлардың мөри» деп атады. Себеби, ҳәр бир әҳмийетли жазба ҳүжжеттиң соңында мөр басылғаны киби ақырғы пайғамбар келгеннен кейин, пайғамбарлар китабына да мөр басылғандай болды.
[15] 44-аят. Яғный, Қудай қәлесе Аллаҳ таала мөмин бенделерди жәннетте «Әссәләму алайкум!» деп күтип алажақ (Мд.).
[16] 46-аят. Бул жердеги Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа салламның «нурлы шырақ», деп аталғанында еки тәфсир бар. Бириншиси, ол мусылманларды қараңғылықтан жарыққа алып шыққан шырақ киби болғаны ушын усындай аталған делинсе, екиншиси, «нурлы шырақ» бул Қураны Кәрийм болып, Нәбий алайҳиссалам усы нурлы шырақтың ийеси, деп түсиндириледи (Мд.).
[17] 49-аят. Аятта мөминлерге қарата «мөмин ҳаялларды некеңизге алсаңыз» дегенде, зәрүрлик туўылып, мусылманларға китап ийелеринен ҳаялларды некелеп алыў шәрият бойынша мүмкин болса да, бирақ мусылман ҳаялларға үйлениўдиң абзаллығы белгили болады (Мд.).
[18] 50-аят. Бул ҳәм басқа аятлардан ҳаяллар мәҳриниң берилиўи шәрият бойынша қаншелли әҳмийетли екени белгили болады.
[19] 52-аят. Аллаҳ таала 50-аятта Расулға (а.с.) үйлениў ҳаққында таңлаў ықтыярын бергеннен кейин, ҳаяллары тоғызға жетеди. Соннан кейин үйленбеў ҳәм ҳеш бирине талақ қойып, орнына басқасын алмаў буйырылған. Муҳаммад (а.с.) қайтыс болғанда төмендеги тоғыз ҳаялы жесир қалған: Айша, Ҳафса, Умму Ҳабиба, Саўда, Умму Салама, Сафия, Маймуна, Зайнаб, Жуўайрия (Мд.).
Аллаҳтың ҳикмети менен Расул (а.с.) олардан ҳеш зүряд қалдырмаған. Тек Хадижадан (рз.) туўылған Фатиманың (рз.) еки улы Имам Ҳасан менен Имам Ҳусейинлер (рз.) қалған. Ҳәзирге шекем даўам етип келип атырған саййидзадалар шежиреси усы еки ақлықларына барып қосылады.
[20] * Жаъфар ибн Әбиў Талиб (рз.) қайтыс болғанда, оның жесири Асма бинт Умайс деген ҳаялға Расул (а.с.) үйленбекши болғанда, Аллаҳ тәрепинен усы қадаған етилген аят нәзил болған (Лс. Бғ.).
Аяттағы «...сулыўлығы сени қызықтырса да» ибарасы ҳәм ҳәдисте үйленип атырған саҳабаға Расулдан (а.с.) берилген көрсетпе үйленбекши болған қыздың жүзи ҳәм қол алақанларын көриў шәрият бойынша мүмкин екенине дәлил есапланады. Шафиий ҳәм Аҳмадлар (рҳ.) ҳаялдың бети жабық турған болса, руқсатсыз көриў мүмкин, деген (Қр.).
[21] 55-аят. Әмеки ҳәм дайы да усылардың қатарына киреди. Себеби, олар ата-ана ҳүкиминде есапланады. «Бақара» сүресиниң 133-аятында Яқубқа (а.с.) әмекиси Исмайыл (а.с.) әке деп айтылған. Бирақ, қуллар өз бийкелерине бийгана еркек ҳүкиминде болады.
[22] * Бул жерде ҳәм көп аятларда Аллаҳ шаҳийд, яғный гүўа деп сыпатланған. Әдетте гүўа деп анық көринип яки еситилип турған нәрсеге айтылады. Ал, шаҳийд, инсанның кеўлинен кешип атырған пикир ҳәм қыялларды да билип турыўшы гүўа болып есапланады (Мд.).
[23] 56-аят. Муҳаммадқа (а.с.) салаўат ҳәм сәлемлер тилеп дуўа қылыў жүдә саўаплы ис. Ҳәдислерде де оған шақырыў көп. Имам Таҳаўий (рҳ.) өмиринде бир мәрте салаўат айтса жеткиликли деген. Бирақ, қалған уламалар Имам Кархий (рҳ.) сөзин қуўатлап, Муҳаммадтың (а.с.) атлары қашан зикир етилсе, салаўат айтыў керек, деген (Мд.).
Расулға (а.с.) бағышлап жазылған салаўат топламлары ишинде ең белгилиси «Далаил ал-хойрот» есапланады.
[24] 63-аят. Пайғамбардан (а.с.) мушриклер қыяметтиң қашан қайым болатуғыны ҳаққында мазақ қылып сораса, яҳудийлер сынаў ушын сорайтуғын еди. Себеби, Таўратта да қыяметтиң анық ўақты жазылмаған. Расул (а.с.) бундай сораўларға Аллаҳтың буйрығысыз жуўап қайтармайтуғын еди. Аллаҳ таала қыямет күни қашан болатуғынын ҳәтте, өз пайғамбарларынан да сыр тутқан (Мд.).
[25] 69-аят. Бул жерде Муўсаға (а.с.) Қарун дөҳмет уйымластырып, бир бузық ҳаялды жаллап, шерменде қылмақшы болғанда, ақланғаны яки бир тас кийимлерин орап кеткенде гийне қылғанлар алдында денесинде айыбы жоқлығы ақланғаны ямаса Ҳарунды ол өлтирмегени дәлилленгеннен кейин, оның ақланғаны нәзерде тутылған (Мд. Қз.).
[26] 72-аят. Ҳәдисте: «Адам (а.с.) аманатты қабыл етип алғаннан кейин, көп өтпей жәннетте оны көтере алмай, қадаған етилген дарақ мийўесинен жеп қойды»,– делинген (Тр.).