1. Аллаҳтың буйрығы (қыямет) келди[2]. Солай екен, (ҳәй мушриклер) оны асықтырмаң! Ол (Аллаҳ) олар қылып атырған ширктен пәк ҳәм жоқары.
2. (Аллаҳ) Өзиниң буйрығы менен периштелерди қәлеген бенделерине: «(Ҳәй пайғамбарларым! Инсанларды) Ескертиң! Әлбетте, Меннен басқа илаҳ жоқ. Солай екен, (ҳәммеңиз) Меннен ғана қорқың!» – деген ўаҳий менен түсиреди.
3. Ол аспанлар ҳәм Жерди ҳақ (ҳикмет) пенен жаратты. Ол олардың (мушриклердиң) ширклеринен жоқары.
4. Ол инсанды «нутфа» (бир тамшы суў)дан жаратты. Кейин күтилмегенде ол (инсан) ашық-айдын «душпан» болып алды.
5. Ол шарўаларды да жаратты. Соларда сизлер ушын жыллы (кийим) ҳәм (түрли) пайдалар бар, және олардан жейсиз.
6. Сизлер ушын оларда кеште (жайлаўдан) қайтып атырғанда ҳәм азанда (жайлаўға) кетип баратырғанда шырайлы (көринис) бар.
7. Сондай-ақ, сизлер қыйналып баратуғын қалаға олар (усы ҳайўанлар) жүклериңизди көтерип апарады. Әлбетте, Рәббиңиз – Мийирман, Рейимли.
8. (Аллаҳ) атлар, ғашырлар ҳәм ешеклерди миниўиңиз ушын ҳәм зийнет сыпатында (жаратты). Ол және сизлер (еле) билмейтуғын нәрселерди де жаратады[3].
9. Туўры жолға баслаў (ҳидаят қылыў) Аллаҳтан. (Өйткени жоллар) ишинде қыйсығы (туўры емеси) де бар. Егер (Аллаҳ) қәлегенде, сизлердиң ҳәммеңизди (туўры жолға) ҳидаят қылған болар еди.
10. Ол аспаннан сизлерге ишимлик болатуғын суўды (жаўын-шашынды) түсирди. (Шарўаларыңызды) отлататуғын терек (от-шөп)лер де оннан суўғарылады.
11. Ол сизлер ушын сол (суў) менен (түрли) егинлерди, зайтунды, қурмаларды, жүзимлерди ҳәм барлық мийўелерди өсиреди. Әлбетте, бунда пикир жүритетуғын қәўим ушын белги бар.
12. Ол сизлерге түн ҳәм күндизди, Қуяш ҳәм Айды бойсындырды. Жулдызлар да Оның буйрығы менен бойсындырылған. Әлбетте, бунда ақыл жүритиўшилер қәўими ушын (Оның қүдиретине дәлил болатуғын) белгилер бар.
13. Және Ол сизлер ушын Жерде жаратқан рәңбәрәң нәрселерди де (өзлериңизге бойсындырды). Әлбетте, бунда еслейтуғынлар қәўими ушын белги бар.
14. Ол таза гөш (балық) жеўиңиз ушын ҳәм тағатуғын тағыншақлар шығарып алыўыңыз ушын (сизлерге) теңизди бойсындырып қойды. Онда (теңизде, суўды) айырып баратырған кемелерди көресең. (Усыларды) Өзиниң кеңшилигинен (ырысқысынан) талап етиўиңиз ушын (бойсындырды). Қәнекей, шүкир қылсаңыз.
15. Ол және сизлерди тербетип жибермеўи ушын Жер бетине таўларды таслап қойды, (ишимлик ҳәм егинлериңиз ушын) дәрьяларды (ағызып қойды). Ҳидаят табыўыңыз ушын жолларды (пайда етти).
16. (Жолларға) белгилер (қойды). Жулдызлар менен де олар (жол) табады[4].
17. (Ҳәй мушриклер! Ҳәмме жанзатты) жарата алатуғын (Аллаҳ) менен жарата алмайтуғын (бутлар) тең бола ма?! Солай екен, (жақсылап) ойлап көрмейсиз бе?!
18. Егер Аллаҳтың неъмат(лар)ын санасаңыз, санағына жете алмайсыз. Әлбетте, Аллаҳ – Кеширимли, Рейимли.
19. Аллаҳ сизлер жасырып атырған нәрсеңизди де, ашықтан-ашық қылып атырған нәрсеңизди де биледи.
20. (Мушриклердиң) Аллаҳты қойып, сыйынып атырған нәрселери (бутлары) ҳеш нәрсени де жарата алмайды. (Ал,) өзлери жаратылған.
21. (Бутлары) – тири емес, өли. Олар (өзлерине сыйынып атырған мушриклер) қашан қайта тирилтилетуғынын да билмейди.
22. Сизлердиң илаҳыңыз – жалғыз илаҳ. Ақыретке ийман келтирмейтуғынлардың кеўиллери (илаҳтың жалғызлығын) инкәр етеди. Олар – тәкаббырлар.
23. Шубҳа жоқ, Аллаҳ олардың жасырып атырған нәрселерин де, ашықтан-ашық қылып атырған нәрселерин де биледи. Әлбетте, Ол тәкаббырларды жақсы көрмейди.
24. Оларға: «Рәббиңиз (Муҳаммадқа) нени нәзил етти?» – делинсе, олар (масқаралап): «Бурынғылардың әпсаналарын», – дейди.
25. Олар (бул өтирик сөзлерди) қыямет күнинде, өзлериниң ҳәмме гүналарын ҳәм өзлери наданларша жолдан адастырғанлардың гүналарынан (бир бөлимин) өзлериниң мойнына алыў ушын (айтқан). Билип қойың! Олар мойнына алған нәрсе (гүналардың ақыбети) қандай жаман!
26. Ҳақыйқатында да, олардан алдынғылар да (кәпирлер де өз пайғамбарларына) ҳийле қылған еди. Сонда, Аллаҳ олардың (ҳийле менен қурған) имаратларын түби менен қопарып таслады. (Үйлериниң) төбеси (опырылып,) олардың үстине қулады ҳәм оларға өзлери билмеген (күтпеген) тәрептен азап келди.
27. Соң қыямет күнинде (Аллаҳ) оларды хор етеди ҳәм оларға: «Сизлер олар ҳаққында (тәреплерин алып) тартысып жүрген Мениң «шериклерим» қәне?» – дейди. Илим берилгенлер (пайғамбар ҳәм алымлар): «Бүгин хорлық ҳәм жаманлық – кәпирлерге», – деди.
28. Олар өзлерине зулым қылған ҳалларында периштелер (келип,) олардың жанларын алады. Сонда, олар: «Бизлер ҳеш қандай жаман ис қылмаған едик», – деп келисимге келеди. Яқ! Әлбетте, Аллаҳ – қылған ислериңизди билиўши.
29. Енди мәңги қалынатуғын жәҳәннем есиклеринен кириң! Тәкаббырлардың орны буншелли жаман!
30. Тақўалыларға (ийман келтиргенлерге): «Рәббиңиз (Өз пайғамбарына) нени нәзил етти?» – делингенде, олар: «Жақсылықты», – деди[5]. Шырайлы ислерди қылғанлар ушын бул дүньяда шырайлы (сыйлықлар) бар. Әлбетте, ақырет үлкеси және де жақсырақ. Тақўалылардың үлкеси қандай жақсы!
31. Олар астынан дәрьялар ағып турған «Адн» (мәңги) жәннетлерине киреди. Олар ушын ол жерде қәлеген нәрсеси бар. Аллаҳ тақўалыларды усылай сыйлықлайды.
32. Олар (ширк ҳәм гүнадан) пәк ҳалларында, периштелер олардың жанын алып атырып: «Сизлерге сәлем болсын! Қылып жүрген әмеллериңиз себепли жәннетке кириң!» – дейди[6].
33. Олар (кәпирлер) өзлерине (өлим) периштелерин келиўин ямаса Рәббиңниң (азабы) келиўин күтип атыр ма? Олардан алдынғылар да (кәпирлер де) усындай қылған еди. Аллаҳ оларға зулым қылмады. Бирақ, олар өзлерине зулым қылған еди.
34. Кейин, қылған жаман ислери өзлерине жетти ҳәм масқаралаған нәрселери өзлерин орап алды.
35. Ширк келтиргенлер: «Егер Аллаҳ қәлегенинде, бизлер де, ата-бабаларымыз да Оннан басқа ҳеш нәрсеге сыйынбаған болар едик ҳәм Оның (ҳүкимисиз) бир нәрсени де ҳарам қылмаған болар едик», – деди. Олардан алдынғылар да (кәпирлер де) усындай қылды. Пайғамбарлардың мойнында тек (Аллаҳтың ўаҳийин адамларға) ашық-айдын жеткизиў (ўазыйпасы) бар.
36. Ҳақыйқатында да, Биз ҳәр бир үмметке: «Аллаҳға ибадат қылың ҳәм шайтаннан узақласың!» (– деген ўаҳий менен) Пайғамбар жибергенбиз. Сонда, олардың арасында Аллаҳ ҳидаят қылғаны да, сондай-ақ жолдан адасыўы анық болғанлары да болды. Солай екен, Жер бетин айланып, (пайғамбарларды) жалғаншыға шығарғанлардың ақыбети қандай болғанына қараң!
37. (Ҳәй Муҳаммад!) Сен олардың (мушриклердиң) ҳидаятқа кириўине қызықсаң, (бил) Аллаҳ өзи адастырғанларды сирә ҳидаятқа басламайды ҳәм оларға жәрдем бериўшилер де жоқ.
38. Олар тырысып: «Аллаҳ өлгенлерди қайта тирилтпейди», – деп Аллаҳтың аты менен ант қылды. Яқ! (Әлбетте, тирилтеди!) Бул – Оның ҳақыйқый ўәдеси. Бирақ, адамлардың көбиси (буны) билмейди[7].
39. Оларға тартысып жүрген нәрселерин баян етип бериў ушын ҳәм күпир келтиргенлер өзлериниң анық өтирикши екенлигин билиўи ушын (қайта тирилтеди).
40. Биз бир нәрсени қәлесек, оған айтатуғын сөзимиз: «Бол!» – деў. Кейин, (сол нәрсе) болады.
41. Зулымға ушырап, соң Аллаҳтың жолында ҳижрат қылғанларды бул дүньяда шырайлы (орынлар)ға жайластырамыз[8]. Ақыреттеги саўап (буннан да) үлкенирек. Қәне, енди (буны адамлар) билсе!
42. Олар – сабыр еткен ҳәм Рәббисине тәўекел еткенлер.
43. (Ҳәй Муҳаммад!) Биз сеннен алдын да (сендей) ер адамларды (пайғамбар етип) жиберип, оларға ўаҳий (нәзил) етип турғанбыз. Егер билмейтуғын болсаңыз, зикир әҳлинен (Таўрат ҳәм Инжилди билетуғынлардан) сораң![9]
44. (Биз пайғамбарларды) ҳүжжетлер ҳәм китаплар менен (жибердик). Адамларға нәзил етилген нәрсени (мағлыўматларды) баян (тәфсир) қылып бериўиңиз ушын саған Зикирди (Қуранды) нәзил еттик. Қәнекей, олар пикирлесе.
45. Жаманлықларды ҳийле менен қылғанлар Аллаҳ оларды жерге жуттырып жибериўден ямаса оларға күтпеген тәрепинен азап келиўинен аманда ма?!
46. Ямаса (сапарда) айланып жүргенинде оларды (апат) услаўынан (аманда ма?) Олар Оны (Аллаҳты) илажсыз қалдырыўшы емес.
47. Ямаса (қылмыслары ақыбетинен) қорқып турғанында оларды (бир апат) услаўынан (аманда ма?) Әлбетте, (еле де) Рәббиңиз – Аяўшы, Рейимли.
48. Олар Аллаҳ жаратқан ҳәр бир нәрсениң саялары Аллаҳға бойсынып, сәжде қылған ҳалында оңға ҳәм шепке созылып-қысқарып турғанын көрмеген бе[10]?!
49. Аспанлар ҳәм Жердеги ҳәмме нәрселер ҳайўанлар да, периштелер де тәкаббырлық қылмаған ҳалында Аллаҳға сәжде қылады[11].
50. Олар (периштелер) жоқарысындағы (бақлап турған) Рәббисинен қорқады ҳәм (өзлерине) буйырылған нәрселерди қылады*.
51. Аллаҳ: «Еки (жасалма) илаҳ қылып алмаң![12] Әлбетте, Ол – жалғыз илаҳ! Солай екен, Меннен ғана қорқың!» – деди.
52. Аспанлар ҳәм Жердеги бәрше нәрселер Оныки. Дин (итаат қылыў) удайына Оныки. Аллаҳтан басқадан қорқасыз ба?!
53. Сизлерде қандай неъмат болса, ол – Аллаҳтан. Соң, қашан сизлерге мүсийбет жетсе, Оған ғана жалынасыз.
54. Соң, (Ол) сизлерден (сол) мүсийбетти кетиргенде, сизлердиң араңыздан бир топар (кимселер шығып,) Рәббисине ширк келтиреди.
55. (Бул) оларға берген нәрселеримизге нашүкирлик қылғанлары себепли. Енди (ҳәй мушриклер! Дүнья неъматларынан) «пайдаланып» қалың! Жақында (қыямет күнинде ҳақыйқатты) билип аласыз.
56. Олар Биз ырысқы етип берген нәрселерден өзлери билмейтуғын нәрселер (бутлар) ушын несийбе ажыратады. (Ҳәй мушриклер!) Аллаҳға ант, сизлер тоқыған нәрсеңиз (бутларыңыз) ҳаққында, әлбетте, сораласыз.
57. Олар «Аллаҳтың қызлары бар», деп гәп қылады. Ол (бундай дөҳметтен) пәк. Ал, өзлерине (кеўиллери) қәлейтуғын нәрсе (уллар екен)[13].
58. Қашан олардан бирине қыздың (туўылғаны ҳаққында) хош хабары берилсе, ашыўы келип, бети қарайып кетеди.
59. Оған хош хабар берилген нәрсениң (қыздың оларға) «жаман»лығынан (уялып) қәўиминен жасырынады. Оны кемситилген ҳалда алып қала ма ямаса топыраққа көме ме? Билип қойың! Олар ҳүким қылған нәрсе жүдә жаман.
60. Ақыретке ийман келтирмейтуғынларда жаман тымсал (сыпат) бар. Жоқары тымсал (сыпат) – Аллаҳтики. Ол – Қүдиретли, Ҳикметли.
61. Егер Аллаҳ адамларды қылған зулымлары себепли усласа (жазаласа), онда Жер бетинде бир жанзат та (тири) қалмайды. Бирақ, оларды белгиленген әжелге шекем кешиктиреди. Егер олардың әжели келсе, олар оны бир саат алдыға да, артқа да сүре алмайды.
62. Олар өзлери жақтырмаған нәрсени Аллаҳтики қылады. Ал, олардың тиллери өзлерине шырайлы ақыбет болыўын өтириктен сыпатлайды. Олардың дозаққа кириўине ҳәм олар (ол жерде) умытылыўына шубҳа жоқ.
63. Аллаҳға ант, Биз сеннен алдынғы үмметлерге де (Пайғамбар) жибергенбиз. Кейин, шайтан оларға ислерин зийнетлеп көрсетти. Ол бүгин (бул дүньяда) олардың «досты». (Ал, ақыретте) оларға аўыртыўшы азап болады.
64. Биз саған ийман келтиретуғын қәўим ушын ҳидаят ҳәм мийрим болған Китапты (Қуранды) оларға өзлери тартысып атырған нәрселерин анық қылып бериўиңиз ушын ғана нәзил еттик.
65. Аллаҳ аспаннан суў (жаўын-шашын) түсирип, оның менен «өли» жерди «тирилтти». Әлбетте, бунда (нәсиятқа) қулақ асатуғынлар ушын белгилер бар.
66. Әлбетте, шарўа ҳайўанларында сизлер ушын ибрат бар; Биз сизлерди олардың қарнынан, тезек пенен қанның арасынан шығыўшы, (бирақ,) ишиўшилер ушын иштейин ашыўшы таза сүттен ишкиземиз.
67. Қурма ҳәм жүзимлердиң мийўелеринен мәс қылыўшы нәрсе ҳәм шырайлы ырысқы аласыз. Әлбетте, бунда ақыл жүритиўши қәўимлер ушын белгилер бар[14].
68. (Ҳәй Муҳаммад!) Рәббиң пал ҳәрреге ўаҳий қылды (буйырды): «Таўларды, тереклерди ҳәм (адамлар) соғатуғын нәрселерди үй қылып ал.
69. Соң ҳәмме мийўелерден жеп, Рәббиң (сизлерге) аңсат қылған жолдан жүриң!» Олардың қарнынан адамлар ушын шыпа болатуғын түрли реңдеги шербет (пал) шығады. Әлбетте, бунда пикир жүритетуғын қәўим ушын белгилер бар.
70. Сизлерди Аллаҳ жаратты. Соң, Ол сизлердиң жаныңызды да алады. Сизлердиң араңызда ең төмен өмир[15] көриўге (қартайып, күшсиз ҳалға) қайтарылып, алдын билген нәрселериниң ҳеш қайсысын билмей қалатуғынлар да бар. Әлбетте, Аллаҳ – Билимли, Қүдиретли.
71. Аллаҳ ырысқы бериўде бириңизден бириңизди артық қылды. Кейин, (бул ырысқыда) артық қылынғанлар өзлериниң ырысқыларын қолларында мүлик болған (қул)ларға, ҳәмме тең болып қалады, деп бериўши емес ғой. Аллаҳтың неъматларын инкәр ете ме?!
72. Аллаҳ сизлер ушын өзиңизден жубайлар жаратып[16], жубайыңыздан сизлер ушын балалар ҳәм ақлықларды (пайда) қылды ҳәм сизлерди пәк ырысқы пенен ырысқыландырды. Олар қәте нәрсеге (бутларға) ийман келтирип, Аллаҳтың неъматын инкәр ете ме?!
73. Аллаҳты қойып оларға аспанлар ҳәм Жерден ҳеш бир ырысқыға ийе болмаған ҳәм (келешекте де ырысқы бериўге) қәдир болмайтуғын (бут)ларға сыйынады.
74. Аллаҳға тымсал келтирмең! Әлбетте, Аллаҳ биледи. Сизлер билмейсиз.
75. Ҳеш нәрсеге қәдир болмаған қул менен Биз оны жақсы ырысқыдан ырысқыландырып, соннан жасырын ҳәм ашықтан-ашық садақа қылатуғын (еркин) адамды Аллаҳ мысал келтирди. Олар тең бола ма? Ҳамд – Аллаҳға тән. Бирақ, олардың көбиси (буны) билмейди.
76. Аллаҳ және еки адамды мысал келтирди. Биреўи сақаў, ҳеш нәрсеге қәдир емес. Ол өзиниң хожайынына (артықша) жүк. (Хожайыны) оны қаяққа жиберсе де жақсылық (пайда) келтирмейди. Усы адам менен өзи туўры жолда болып, (басқаларды да) әдалатқа буйыратуғын адам тең бола ма?!
77. Аспанлар ҳәм Жердиң ғайыбы (илими) Аллаҳға тән. Қыяметтиң иси (болыўы), көзди ашып жумғаншелли ямаса оннан да жақын[17]. Әлбетте, Аллаҳ – ҳәмме нәрсеге қәдир.
78. Аллаҳ сизлерди аналарыңыздың қарнынан ҳеш нәрсе билмейтуғын ҳалыңызда шығарды. Ол сизлерге қулақ, көзлер ҳәм кеўиллерди берди. Қәнекей, шүкир қылсаңыз[18].
79. Аспан ҳаўасында (ушыўға) бойсындырылған қусларға қарамай ма? Оларды тек Аллаҳ услап турыпты. Әлбетте, бунда ийман келтиретуғын қәўим ушын белгилер бар.
80. Аллаҳ сизлерге үйлериңизди тынышлық (дем алатуғын жер) қылды. Ол сизлерге шарўа ҳайўанларыңыздың терилеринен көшетуғын күниңизде, қонатуғын күниңизде жеңил көтерилетуғын үйлер қылды. (Қойлардың) жүнлеринен, (түйелердиң) түклеринен ҳәм (ешкилердиң) түбитлеринен мәлим ўақытқа шекем әнжамлар ҳәм пайдаланылатуғын нәрселер жаратты.
81. Аллаҳ сизлер ушын Өзи жаратқан нәрселерден саялар (пайда) қылды ҳәм сизлерге таўлардан баспаналар қылды, сизлерди ыссыдан (ҳәм суўықтан) сақлайтуғын кийимлер ҳәм (түрли) қәўиптен сақлайтуғын кийимлер (саўытлар пайда) қылды. Усылайынша Ол сизлерге Өзиниң неъматын толық қылып берди. Қәнекей, (ийман келтирип) мусылман болсаңыз.
82. (Ҳәй Муҳаммад!) Егер олар (ийманнан) жүз бурып кетсе, онда сениң мойныңда тек (ҳақыйқатты) ашық-айдын жеткизиў ғана бар.
83. Олар Аллаҳтың неъматын биледи, ал кейин оны инкәр етеди. Олардың көпшилиги кәпир.
84. Ол Күнди (қыяметти еслең! Ол Күни) ҳәр бир үмметтен Биз бир гүўа (сол үмметтиң пайғамбарын) әкелемиз. Соң, күпир келтиргенлерге (үзир сораўы ушын) руқсат берилмейди ҳәм олардан (Аллаҳты) разы қылыў да талап етилмейди.
85. Зулым қылғанлар (қыямет күни) азапты көргенде, олардан (азап) жеңиллетилмейди ҳәм оларға мәўлет те берилмейди[19].
86. (Қыяметте) ширк келтиргенлер өзлериниң келтирген шериклерин көргенде: «Я Рәббимиз,! Бизлер Сени қойып сыйынған илаҳларымыз – анаў», – дейди. Кейин, олар (бутлар буған жуўап ретинде): «Әлбетте, сизлер өтирикшисиз», – деп гәп қылады[20].
87. Сол күни (мушриклер) Аллаҳға бойсынады ҳәм өзлери тоқып жүрген нәрселери (илаҳлары) ғайып болып кетеди[21].
88. Күпир келтирген ҳәм Аллаҳтың жолынан (адамларды) тосқанларға қылып атырған бузғыншылықлары ушын азаптың үстине азапты зыяда қылдық.
89. Ол Күнди (есле! Ол Күнде) ҳәр бир үмметке өзинен бир гүўа әкелемиз ҳәм сени де (ҳәй Муҳаммад!) буларға (өз үмметиңе) гүўа қылып әкелемиз. Саған ҳәмме нәрсени баян етип бериўши, мусылманларға ҳидаят, мийрим ҳәм хош хабар қылып Китапты (Қуранды) нәзил еттик[22].
90. Әлбетте, Аллаҳ әдалатқа, ийгиликли иске, ағайин-туўысқанға жақсылық қылыўға буйырады ҳәм бузықшылық, жаўызлық ҳәм зулым қылыўдан қайтарады. Ол сизлерге (мудамы) нәсият қылады. Қәнекей, еслетпе алсаңыз.
91. Келискениңизден кейин Аллаҳ пенен қылған келисимиңизде турың! Аллаҳты кепил қылып, ишкен антларыңызды (Аллаҳтың аты менен) тастыйықлағаныңыздан кейин оны бузбаң! Әлбетте, Аллаҳ ислеп атырған ислериңизди биледи.
92. Тоқыған нәрсеси пуқта шыққаннан кейин оны сөтип жиберген ҳаялға уқсап, бир топар басқа бир топардан (сан яки байлық жағынан) артығырақ болғаны ушын, антыңызды (бузып,) араңызда алдаў қуралы қылмаң! Әлбетте, буның менен Аллаҳ сизлерди сынап атыр. Әлбетте, Ол қыямет күни сизлерге тартысып жүрген нәрселериңизди баян етеди.
93. Егер Аллаҳ қәлегенде, әлбетте, сизлерди бир үммет қылған болар еди. Бирақ, Ол Өзи қәлегенин адастырады, қәлегенин ҳидаятқа (туўры жолға) салады. Әлбетте, (бул дүньяда) қылып атырған нәрсеңиз ҳаққында сораласыз.
94. Антыңызды араңызда алдаў қуралы қылмаң! Кери жағдайда (Ислам жолында) адымыңыз беккем орналасқаннан кейин тайып кетеди ҳәм Аллаҳтың жолынан тосқаныңыз ушын жаманлықты (бәле ҳәм мүсийбетлерди) татасыз ҳәм сизлерге (ақыретте) үлкен азап болады.
95. Аллаҳға қылған келисимди азғантай баҳаға сатып жибермең. Егер билсеңиз, әлбетте, Аллаҳтың алдындағы нәрсе (саўап) сизлер ушын (дүнья буйымларынан) жақсы.
96. Сизлердеги нәрселер таўсылады. Аллаҳтың алдындағы нәрсе мәңги. Әлбетте, Биз сабыр еткенлерди қылып жүрген шырайлы әмеллери муғдарындағы саўап пенен сыйлықлаймыз.
97. Еркек пе, ҳаял ма – ким мөмин ҳалында бир жақсы әмел қылса, Биз оған жақсы өмир сүргиземиз[23] ҳәм оларды қылып жүрген шырайлы әмеллери муғдарындағы саўап пенен сыйлықлаймыз.
98. Қашан Қуран оқысаң, әлбетте, қуўылған шайтан (ўасўасасы)нан Аллаҳ пана бериўин сора!
99. Әлбетте, ийман келтиргенлер ҳәм (тек) Рәббисине тәўекел қылғанлар үстинен оның (шайтанның ҳеш қандай) бийлиги жоқ.
100. Оның (шайтанның) бийлиги тек оны дос тутып, Оған (Аллаҳға) ширк келтиргенлер үстинен болады.
101. Қашан (Биз) бир аяттың орнына басқа бир аятты алмастырсақ, олар: «Әлбетте, сен өзиң (өтирик) тоқыўшысаң!» – дейди. Аллаҳ нени нәзил етиўин жақсы биледи. Яқ! Олардың көпшилиги (буның ҳикметин) билмейди.
102. (Ҳәй Муҳаммад! Оларға) сен оны «Руўҳул қудус» (Жәбрайыл) Рәббиңнен ийман келтиргенлерди (динде) беккем қылыў ушын, мусылманларға ҳидаят ҳәм хош хабар ҳалында ҳақыйқатында да нәзил еткенин (оларға) айт!
103. Ҳақыйқатында да Биз олардың: «Оған тек адам үйретип атыр», – деп атырғанын билемиз. Олар ойлап атырғанның тили ажамий (арабша емес). Ал, бул (Қуран) анық араб тилинде[24].
104. Әлбетте, Аллаҳтың аятларына ийман келтирмейтуғынларды Аллаҳ ҳидаят қылмайды ҳәм оларға аўыртыўшы азап бар.
105. Өтирикти тек Аллаҳтың аятларына ийман келтирмейтуғынлар ғана тоқыйды. Әне солар – өтирикшилер.
106. Ким ийман келтиргенинен кейин (және қайтып) Аллаҳға кәпир болса, (қыяметте аўҳалы жаман болады). Бирақ, кимниң кеўли ийман менен толы болған ҳалда (күпир кәлиймасын айтыўға) мәжбүр қылынса, ол ондай емес. Ким кеўлин күпирге ашса, онда олар (сыяқлылар)ға Аллаҳтан ғәзеп болады ҳәм оларға үлкен азап бар[25].
107. Буған (азапларға) себеп, олар дүнья өмирин ақыреттен үстин қойғаны ҳәм әлбетте, Аллаҳ кәпирлердиң қәўимин ҳидаят қылмаўы.
108. Әне солардың кеўиллерине, қулақларына ҳәм көзлерине Аллаҳ тамға басқан. Әне солар – ғапыллар.
109. Олардың ақыретте зыян көриўшилерден болыўына да шубҳа жоқ.
110. Соң, әлбетте, Рәббиң, (айырым адамлар) сынаўға ушырағанынан кейин (Мадинаға) ҳижрат қылып, соң (Аллаҳ жолында) жиҳад қылып,[26] (машақатларға) сабыр еткенлер ушын, әлбетте, Рәббиң солардан кейин (оларды) – Кешириўши, Рейимли.
111. Сол Күнди (еслең! Ол Күни) ҳәр бир жан (ийеси) өзи ҳаққында тартысыў ушын келеди ҳәм ҳәр бир жан (ийеси) қылған әмелине жараса (сыйлықты) наҳақлық қылынбаған ҳалда алады.
112. Аллаҳ бир қаланы (Мәккәны) мысал келтиреди: ол аман ҳәм тыныш (қала) еди, ырысқысы кең ҳәм мол болып, ҳәр тәрептен келип туратуғын еди. Соң ол (сол қаланың халқы) Аллаҳға күпир келтиргенде, Аллаҳ оған (халқына), «қылған ислери» себепли, ашлық ҳәм қәўип кийимин (бәлесин) «таттырды»[27].
113. Ҳақыйқатында да, оларға өзлеринен (шыққан) Пайғамбар келди. Кейин олар оны жалғаншыға шығарғанда, залым болған ҳалларында оларды азап тутты.
114. Солай екен, (ҳәй мөминлер!) Аллаҳ сизлерге ырысқы етип берген нәрселердиң ҳадал-пәклерин жең. Егер ҳақыйқатында да Оған ибадат қылсаңыз, Аллаҳтың неъматларына шүкир қылың!
115. (Аллаҳ) сизлерге өлимтикти, қанды, шошқа гөшин ҳәм Аллаҳтан басқаға атап сойылған нәрселерди ғана ҳарам қылды. Ким зулым қылмаған ҳәм ҳәддинен аспаған ҳалында (усы нәрселерден аштан өлмейтуғындай муғдарда жеўге) мәжбүр болса, онда, әлбетте, Аллаҳ – Кеширимли, Рейимли[28].
116. Аллаҳтың атынан өтирикти тоқып, тиллериңизге келген өтирикти айтып: «Бул – ҳадал, бул – ҳарам», – дей бермең! (Өйткени,) әлбетте, Аллаҳтың атына өтирик тоқығанлар қутыла алмайды.
117. (Оларға дүньяда) азырақ рәҳәт бар (ал, ақыретте оларға) аўыртыўшы азап бар.
118. (Ҳәй Муҳаммад!) Яҳудийлерге (ҳайўанлардан) саған буннан алдын айтып берген нәрселеримизди ҳарам қылдық. Биз оларға зулым қылмадық. Бирақ, олар өзлерине зулым қылды[29].
119. Соң (билиң), әлбетте, Рәббиң, билместен гүна ис қылып қойып, кейин тәўбе қылып, өзлерин дүзеткенлер ушын Рәббиң усыннан (тәўбеден) кейин – Кеширимли, Рейимли.
120. Әлбетте, Ибраҳим Аллаҳға итаат қылыўшы, ҳақ жолдан адаспаған бир үммет (жол басшы) еди. Ол мушриклерден емес еди[30].
121. (Ибраҳим) Оның (Аллаҳтың) неъматларына шүкир қылыўшы еди. (Аллаҳ) оны (пайғамбарлыққа) таңлап, туўры жолға салып қойды.
122. Оған бул дүньяда ийгиликти бердик. Әлбетте, ол ақыретте де жақсылардан.
123. Соң (ҳәй Муҳаммад!) саған: «Ибраҳимниң туўры динине ер, ол мушриклерден емес еди», – деп ўаҳий қылдық.
124. «Шемби» (ол күнди қәдирлеў), тек ол (күн) ҳаққында тартысқанлардың (Исрайыл әўладының) мойнына (парыз) қылынды. Әлбетте, Рәббиң қыямет күни олардың арасында өзлери тартысқан нәрселери ҳаққында ҳүким шығарады.
125. (Ҳәй Муҳаммад!) Рәббиңниң жолына (динине) ҳикмет ҳәм жақсы нәсият пенен шақыр! Олар менен ең шырайлы усылда тартыс! Әлбетте, Рәббиң Өзиниң жолынан ким адасқанын жақсы биледи. Ол ҳидаят тапқанларды да жақсы биледи.
126. (Ҳәй ийман келтиргенлер!) Егер жазаламақшы болсаңыз, онда өзиңизге жеткен зыян муғдарында жазалаң! Егер (жазаламай) сабыр етсеңиз, әлбетте, ол сабыр етиўшилер ушын жақсырақ.
127. (Ҳәй Муҳаммад!) Сабыр ет, сениң сабырың тек Аллаҳ пенен (жәрдеми менен) ғана болады. Оларға (мушриклердиң қылмыслары себепли) қапа болма! Олардың қылып атырған ҳийлелеринен қысылма!
128. Әлбетте, Аллаҳ тақўа қылғанлар ҳәм ийгиликли ис қылыўшылар менен (барқулла) бирге.
[1] 16. НАҲЛ СҮРЕСИ
Наҳл – пал ҳәррелери.
Сүреде пал ҳәррелериниң үлгили өмир тәризи ҳаққында аятлар бар болғанлығы ушын оған усы атама берилген. Сүреде қыяметке пуқта таярлық көриўге шақырылады. Онда және ширк, күпир, нашүкирлик киби иллетлер қараланып, ийман, исеним, шүкир, солиҳ әмеллерге үгит-нәсият қылынады.
[2] 1-аят. Еле келмеген нәрсени келди, деў барлық тилде де келетуғыны жақын ҳәм анық нәрсеге қолланылады. Қыямет күни де исламда келиўи анық ҳәм мүддети жақын нәрселерден есапланады. Муҳаммад (а.с.) бир ҳәдисинде: «Мениң менен қыямет мына еки бармағымдай бир-бирине жақын», – деген. Яғный, мениң ақырғы пайғамбар болып келиўимниң өзи қыямет жақын екенлигинен дерек береди, демекши. Бирақ, бул жақынлық муғдары қанша екенин Аллаҳтан өзге ҳеш ким билмейди.
[3] 8-аят. Бул аятты дәлил қылып, Ибн Аббас (рз.), Әбиў Ҳанийфа, Имам Мәликлер (рҳ.) ат гөшин жеў ҳарам, деп билген. Ҳасан, Шурайҳ, Ато, Саййид ибн Жубайр, Шафиий, Аҳмад, Исҳақ, Әбиў Юсуф, Муҳаммадлар (рҳ.) ҳәдислерге сүйенген ҳалда ат гөшин ҳадал деп пәтўа берген. Асма (рз.) айтады: «Расул (а.с.) заманында ат сойып, гөшинен жегенбиз». Бир рәўиятта «Мадинада» деген сөз қосылған (Бх. Мс.).
Жабир (рз.) айтады: «Расул (а.с.) үй ешегиниң гөшин жеўден қайтарды. Ат гөшин қадаған етпеди» (Бх. Мс.).
Ҳадал деўшилердиң және бир дәлили — аяттағы «миниўиңиз ушын» ибарасы оларда басқа мәплер жоқ екенин билдирмейди. Алдынғы аятта жүк тасыў зикир етилип, бул жерде айтылмағанындай, ат гөшиниң ҳүкими зикир етилмеген болыўы мүмкин. Бизге белгили, аятта анық баян етилмеген ҳүкимлер ҳәдислер менен шолыў жасалады. Бул да ҳәдислер арқалы анықланған (Хз. Мд.).
Әбиў Ҳанийфа (рҳ.) қайтыс болмастан үш күн алдын ат гөши ҳарам, деген сөзлеринен қайтқан деген рәўият бар (Жр.).
Бийе сүтиниң ҳадал екенлиги ҳаққында тартыс жоқ.
[4] 16-аят. Суддийдиң (рҳ.) сөзине қарағанда, мүсәпирликте жүрген жолаўшылар баратуғын жерлерине адаспай жетип алыўы ушын Аллаҳ таала Жерде таўлар, бәлент-пәсликлер, самал жолы, ал аспанда Жердиң төрт тәрепин ҳәм қубланы анықлаў ушын сурайя, жети қарақшы, алтын қазық, поляр жулдызлары сыяқлы белгилерди бағдар сыпатында жаратып қойған (Қз. Хз.).
[5] 30-аят. Бул аяттың нәзил болыў себеплеринен бири – ҳижраттан алдынғы дәўирде ҳаж мәўсиминде Мәккәға узақ жерлерден Кааба зыяраты ҳәм басқа мақсетлерде адамлар келип туратуғын еди. Мәккә жолында турған кәпирлер оларды қарсы алып сөйлескен пайытлары жаңа пайғамбар ким ҳәм қандай екени ҳаққында сораса, олар, ол – сыйқыршы, палкер, шайыр, гәззап, мәжнүн, оны көрмеген абзал, деўине қарамай, Мәккәға кирип, Расулдың (а.с.) саҳабаларынан ол ҳаққында туўры мағлыўматларды алып қайтатуғын еди (Хз.).
Мадина қаласынан Мәккәға келип-кетип турған адамлардың көпшилиги ҳижраттан алдын тап усы тәризде исламды қабыл еткен еди.
[6] 32-аят. Жәннетке кириў ушын бул дүньяда қылынған әмеллер, яғный саўаплы ислер, таат-ибадатлардың өзи себеп бола алмайтуғыны, ал Аллаҳ тааланың кеңшилиги себепли ғана ийманлы адамлар жәннет әҳли болыўы мүмкин екени саҳиҳ ҳәдислерде баян етилген. Сонлықтан, мөминлердиң әмел менен жәннетке кириўи де Аллаҳтың кеңшилигинен есапланады (Ақ.).
[7] 38-аят. Аллаҳ тааланың қүдирети шексиз екенлигине шубҳаланыў улыўма мүмкин емес. Кери жағдайда ийманнан ажыралып қалыў қәўпи бар. Күпир ҳәм ширк әҳли инкәр ететуғын хабарлардан бири қыяметте ҳәммениң қайта тирилиў мәселеси есапланады. Қудсий ҳәдисте айтылады: «Бендем Мени наҳақ қәҳәрет қылады ҳәм Мени наҳақ жалғаншыға шығарады. Қәҳәрет қылыўы – Аллаҳтың перзенти бар, дегени. Жалғаншыға шығарыўы – қайта тирилтпейди, дегени» (Бх.).
[8] 41-аят. Мәккәда бириншилерден болып ийман келтиргенлерден Билал, Суҳайб, Хаббаб, Абис, Жубайр, Әбиў Жандал кибилерди мушриклер қатты қуўдалаўға алған, ийман ҳәм исламнан қайтарыў ушын түрли азап пенен қыйнаған. Аяттағы «зулым қылынғанлар» солар яки Ҳабашстан менен Мадинаға ҳижрат қылған мусылманлар есапланады, деген тәфсирлер бар (Хз.).
[9] 43-аят. Аллаҳ Мәккә әҳлине қарата, өткен пайғамбарлар ҳәм үмметлер ҳаққындағы тарийхый мағлыўматты Таўрат ҳәм Инжил ийелеринен сораң, деп буйырмақта (Мд. Хз.).
[10] 48-аят. Ҳәр бир нәрсениң саясы қуяш шығып, көтериле баслағаннан соң, қысқарып барады. Түстен кейин узайып барып, және алдынғы ҳалатына қайтады, бул қубылыс сәжде сыпатында тәрийпленип атыр (Хз.).
[11] 49–50-аятлар. Сәжде аяты.
[12] 51-аят. Мажусийлер сыяқлы (Лс.).
[13] 57-аят. Яғный, олардың ақыйдалары бойынша, еки жыныстың ағласы ул жынысын өзлерине, ал әззи саналған қыз жынысын Аллаҳға тән, деп биледи. Қыз перзентти ҳәттеки, өзлерине де мүнәсип көрмейди. Бул олардың көзқарасларына муўапық логикалық тартыс есапланады. Ал, негизинде Аллаҳтың нәзеринде қыз бенен улдың қәдири теңдей.
[14] 67-аят. Бул аят Мәккәда нәзил етилген болып, мәй еле қадаған етилмеген еди. «Гөззал ырысқы» – сирке, суйық мурабба, кишмиш ҳәм басқа өнимлер (Мд. Хз.).
[15] 70-аят. «Арзалул-умр» – бул, ең аўыр өмир, ғаррылық дәўири. Ол неше жастан басланады, деген мәселеде түрли тәфсирлер бар: биринде 60 тан десе, басқасында 75 тен, және бир рәўиятта 80 нен, басқасында 90 нан басланады, делинеди. Пайғамбарымыз (а.с.) дуўаларында бул «аўыр өмир»ди бермеўин Аллаҳтан сорайтуғын еди (Мд. Хз. Бх.).
[16] 72-аят. «Өзлериңизден», яғный инсан жынысынан. Бул аятта ишарат бар, жупларымыздың жинлерден яки периштелерден болмай, өз жынысымыз – адамзат нәсилинен болыўы да уллы неъмат екен. Кери жағдайда, адамзат нәсили бир-бирине мүнәсип болмас еди.
[17] 77-аят. Қыяметтиң қашан болатуғыны Аллаҳтан басқа ҳеш кимге мәлим емес. Аллаҳ тааланың қүдирети ҳәмме нәрсеге жетсе де, ҳәмме исти асығыс рәўиште болдыра бермейди, ал ҳәр бир исти қашан ҳәм қандай қылыўы яки қылмаўы да илаҳий ҳикмет ҳәм сырлар тийкарында болады (Хз.).
[18] 78-аят. Қудсий ҳәдисте Аллаҳ айтады: «Мениң достыма ким душпанлық қылса, демек, ол мениң менен урыспақшы болыпты. Маған бендемди жақын (дос) қылатуғын ең жақсы әмел өзине Мен парыз қылған әмеллерди орынлаўы есапланады. Маған ол нәпил ибадат ҳәм әмеллер менен жақынласқан сайын Мен оны жақсы көрип бара беремен. Ал, жақсы көрип қалғанымнан кейин, Мен оның еситетуғын қулағы, көретуғын көзи, ислейтуғын қолы, жүретуғын аяғына айланаман. Сорағанын беремен, дуўасын қабыл етемен, пана тилесе сақлайман. Жанын алыўда екиленемен. Себеби, ол өлимди жақтырмайды. Ал, Мен оны қапа қылғым келмейди. Ал, өлмеўден оған басқа шара жоқ!» (Бх.).
Ҳәдиске түсиндирме: Аллаҳға сүйикли болған бендениң қулағы, көзи, қолы ҳәм аяқлары тек Аллаҳты разы қылатуғын әмеллер менен бәнт болып қалады. Бул дәрежеге ерискеннен кейин, оның дуўалары қабыл болатуғын, кәрамат ийеси болған әўлийелер дәрежесине жеткен болады.
[19] 85-аят. Жәҳәннемге ҳүким етилгенлер жетпис мың дизгин менен жылаўланып алып кетиледи. Ҳәр бир дизгинди жетпис мың периште услап барады. Диз шөккен ҳалларында барады екен, периштелер оларға қылмысларын еслетип, Аллаҳға ширк келтирген ҳәм жаўызлықта өмир өткизген әсий бенделердиң жазасы сондай болыўын айтып барады (ИК).
[20] 86-аят. Қыямет күни Аллаҳ таала мушриклер сыйынып жүрген бут ҳәм сәнемлерге тил инам етип, өзлерин ҳақыйқый мабуда емес, ал жансыз, санасыз әпиўайы нәрсе болғаны, ҳеш кимди өзлерине сыйыныўға шақырмағанын айтып бериўи ушын сыйыныўшыларға жүзлестиреди екен. Мушриклер оларды илаҳ деп айтқан гәплери ҳәм исенимлери натуўры ҳәм жалған екенине мабудалардың өзи гүўалық береди екен (Тб. Мд.).
[21] 87-аят. Дозаққа тасланады.
[22] 89-аят. Қураны кәриймде, ҳақыйқатында да, барлық нәрсе баян етилген. Бирақ, ҳәмме де оларды толық аңлап өмирге енгизиўге қәдир емес. Соның ушын Аллаҳ таала усы сүрениң 44-аятында айтқанындай, Пайғамбарымыз (а.с.) ҳәдислери арқалы аятларға түсиник ҳәм тәфсир бериўге буйырған. Демек, Қуран менен Сунна Ислам дининиң ең тийкарғы дереклери екен. Үшинши дерек, яғный «Ижмаъ» ҳәм де төртинши дерек – «Қыяс» та шәриятқ