Қураны кәрийм аўдармасы

Бақара

Меҳрибан ҳәм Рейимли Аллаҳтың аты менен (баслайман)*.

1. Әлиф. Ләәм. Мийм[1].

2. Бул китапта (Қуранда ҳеш қандай) шубҳа жоқ ҳәм ол тақўалылар ушын ҳидаят.

3. Олар ғайыпқа (пайғамбарымыз Муҳаммад айтқан хабарларға) ийман[2] келтиреди, намазды толық оқыйды ҳәм Биз оларға берген ырысқыдан напақа қылады.

4. Және олар саған нәзил болған нәрсеге ҳәм сеннен алдын (өткен пайғамбарларға) нәзил етилген нәрсеге де (Таўрат, Забур ҳәм Инжилден болған илаҳий китапларға ҳәм басқа илаҳий көрсетпелерге) ийман келтиреди ҳәм ақыретке анық исенеди.

5. Әне солар өзлериниң Рәббиси[3] тәрепинен болған туўры жолда, әне тек солар – утысқа ерисиўши.

6. Әлбетте, (тәғдиринде иймансыз болыўы жазылып, дүньяда) күпир келтиргенлерди ескертесең бе, ескертпейсең бе, бәри бир – ийман келтирмейди.

7. Аллаҳ олардың қәлбин ҳәм қулақларын тамғалаған ҳәм олардың көзлеринде перде бар. Оларға үлкен азап (таярлап қойылған).

8. Және адамлардың арасында өзи мөмин болмай турып, Биз Аллаҳға ҳәм ақырет күнине ийман келтирдик, дейтуғыны да бар (Олар – еки жүзлилер).

9. Олар (буның менен) Аллаҳты ҳәм мөминлерди алдамақшы болады. Бирақ, өзлери сезбеген ҳалда өзлерин ғана алдайды.

10. Олардың қәлбинде кеселлик (шубҳа ҳәм тәкаббырлық) бар. Аллаҳ оларға (усы) кеселлигин зыяда қылды. (Мусылманбыз, деп) өтирик сөйлегени ушын оларға (ақыретте) аўыртыўшы азап бар.

11. Оларға: «Жер бетинде бузғыншылық қылмаң!» – делинсе, олар: «Бизлер (бузғыншы емеспиз), тек (адамлардың арасын) дүзетиўшимиз», – дейди.

12. Билип қойың, әлбетте, олардың өзлери бузғыншы, бирақ (буны) өзлери сезбейди.

13. Егер оларға: «Сизлер де адамлар (мусылманлар) ийман келтиргениндей ийман келтириң», – делинсе, олар: «Наданлар ийман келтиргениндей ийман келтиремиз бе?!» – дейди. Билип қойың, олардың өзлери надан, бирақ (буны) өзлери билмейди[4].

14. Олар ийман келтиргенлерге жолықса: «ийман келтирдик», – дейди, ал шайтанлары (баслықлары) менен жалғыз қалғанда: «бизлер сизлер менен биргемиз, бизлер тек (мусылманларды) мазақлаўшымыз», – дейди.

15. Аллаҳ оларды «мазақ қылады»[5] ҳәм оларды өзлериниң ҳәдден асқан ҳалларында адасып жүриўин (белгили бир мүддетке шекем) даўамлы етип қояды.

16. Әне солар ҳидаяттың орнына адасыўды сатып алды, бирақ, олардың (бул) саўдасы өзлерине пайда бермеди.

17. Олар мисли от жағып, (жаққан оты) дөгеректи жақты қылғанда, Аллаҳ оның нурын жоқ етип, олар қараңғылық ишинде (ҳеш нәрсени) көре алмайтуғын ҳалда таслап қойылған адамға уқсайды.

18. (Олар – мәнаўий жақтан) герең, сақаў, соқыр. Енди олар (адасқан жолынан ҳидаятқа) қайтпайды[6].

19. Ямаса (олардың уқсасы) аспаннан нөсер жаўын жаўып, онда (сол түнде) қаранғылық, гүлдирмама ҳәм шақмақ болып, (олардың тәсири ҳәм) жасынлар себепли өлимнен қорқып бармақларын қулағына тығып алған адамға уқсайды. Аллаҳ кәпирлерди (қәлеген ўақытта) қамтып алыўшы.

20. Шақмақ олардың көзлерин соқыр қылатуғындай дәрежеде болып, шақмақ ҳәр сапар жарытқанда (азырақ) жүреди, ал қараңғы болғанда (жүре алмай) турып қалады. Егер Аллаҳ қәлесе, оларды қулақларынан ҳәм көзлеринен айырады. Әлбетте, Аллаҳ – ҳәмме нәрсеге қәдир[7].

21. Ҳәй адамлар, сизлерди ҳәм сизлерден алдынғыларды жаратқан Рәббиңизге ибадат қылың! Қәнекей, тақўалы болсаңыз![8]

22. Ол сизлер ушын жерди «төсек», аспанды «бина» қылған ҳәм аспаннан суў түсирип, оның менен сизлерге мийўелерди (мийўели ағашларды) ырысқы етип шығарды. Енди билип турып, Аллаҳға басқаларды теңлестирмең!

23. Егер бендемизге (Муҳаммадқа) түсирген нәрсемизден (Қураннан) гүманыңыз болса, онда оған уқсас бир сүре (жазып) келтириң. Егер рас сөйлеўшилерден болсаңыз, Аллаҳтан басқа гүўаларыңызды[9] шақырың.

24. Егер (бул исти) қыла алмасаңыз – ҳеш қашан қыла алмайсыз да – солай екен, жанылғысы адамлар ҳәм тас (бут)лар болған, кәпирлер ушын таярланған дозақтан сақланың!

25. Ийман келтирген ҳәм ийгиликли ислерди ислегенлерге олар ушын астынан дәрьялар ағып турған жәннетлер бар екенлигиниң хош хабарын бер. Ҳәр қашан олардың мийўесинен ырысқыланғанда: «Бул алдын бизлер жеген мийўелердиң өзи ғой?!» – дейди[10]. Оларға (көриниси) уқсаслар (мийўелер) берилген еди. Және олар ушын ол жерде пәкизе ҳаяллар бар ҳәм олар ол жерде мәңги қалыўшы болады.

26. Әлбетте, Аллаҳ сүйир шыбын ямаса (кишкенеликте) оннан да «киши» (бетер) нәрсени тымсал қылыўдан уялмайды[11]. Ийман келтиргенлер, әлбетте, ол (усы тымсалды) Рәббисинен келген ҳақ нәрсе екенлигин биледи. Ал, кәпирлер: «Аллаҳ бул тымсалдан не демекши, өзи?» – дейди. (Аллаҳ) усы (тымсал) менен көпшиликти адастырады[12] ҳәм көпшиликти туўры жолға баслайды. (Аллаҳ) оның (тымсал) менен тек (негизинде туўры жолға түспейтуғын) фасықларды ғана адастырады,

27. олар Аллаҳтың антын (алдынғы китапларда Муҳаммадқа ийман келтириң деген көрсетпесин) байлағаннан кейин бузатуғын, Аллаҳ байлаўға буйырған нәрселерди кесетуғын[13] ҳәм Жер бетинде бузғыншылық қылатуғын (адамлар). Әне солар – зыян көриўши.

28. (Ҳәй мушриклер!) Жансыз болғаныңызда сизлерге жан берген, соң сизлерди (және) өлтиретуғын, соң сизлерди (және) тирилткенде, сизлер Оның алдына қайтарылатуғын Аллаҳты қалай инкәр етесиз?!

29. Ол сизлер ушын Жер бетиндеги ҳәмме нәрсени жаратты[14]. Соң аспанға жүзленип, оны жети (қабат) аспан қылып қойды. Ол – ҳәмме нәрсени билиўши.

30. Есле, (ҳәй Муҳаммад!) Рәббиң периштелерге: «Мен жерде орынбасар (Адам) жаратпақшыман», – дегенде, (олар): «Жерде бузғыншылық қылатуғын, (наҳақ рәўиште) қан төгетуғынларды жаратажақсаң ба? Биз болсақ, Сени мақтап тасбиҳ айтамыз, Сени муқаддес деп билемиз?!» – деди[15]. (Аллаҳ таала): «Әлбетте, Мен сизлер билмейтуғын нәрселерди билемен», – деди.

31. (Аллаҳ) адамға ҳәмме (жаратылған ҳәм жаратылажақ нәрселерге тийисли) атамаларды үйретти, соң оларды (адамға үйреткен нәрселерди бирме-бир) периштелерге көрсетти. Кейин (Аллаҳ таала периштелерге): «Егер рас сөйлеўшилерден болсаңыз, Маған мына нәрселердиң атларын айтып бериң», – деди.

32. Олар: «Өзиң – пәксең! Бизлерде Өзиң билдиргениңнен басқа илим жоқ. Әлбетте, Сениң Өзиң – Илимли ҳәм Ҳикметлисең», – деди.

33. (Аллаҳ): «Ҳәй Адам, оларға сол нәрселердиң атын айтып бер», – деди. Оларға сол нәрселердиң атын айтып бергенде, (Аллаҳ): «Мен сизлерге аспанлар ҳәм Жердиң жасырын нәрселерин де, сизлер әшкара қылған ҳәм жасырған нәрселериңизди де билемен демеген бе едим?!» – деди.

34. Есле, (ҳәй Муҳаммад!) Биз периштелерге: «Адамға сәжде қылың!» дегенимизде, олар сәжде қылды, тек Иблис бас тартты, тәкаббырлық қылды ҳәм кәпирлерден болды[16].

35. Биз және: «Ҳәй Адам, сен зайыбың (Ҳаўа) менен жәннетте тур. Ол жерде қәлеген нәрсеңизди жең. Тек мына терекке[17] жақынласпаң, (егер оннан жесеңиз) онда залымлардан боласыз», – дедик.

36. Кейин Шайтан екеўин (ўасўаса қылып) оннан (туўры жолдан) шалғытып, турған жерлеринен (жәннеттен) шығарды. Биз (оларға): (Ҳәй Адам ҳәм шайтан) бир-бириңизге (кележақ зүрядыңыз бенен өз ара) душпан болып (жерге) түсиң. Белгиленген мәўлетке шекем сизлер ушын жерде мәкан (жасаў) ҳәм (оннан) пайдаланыў (имканиятыңыз) бар», – дедик.

37. Кейин, Адам Рәббисинен (тәўбе қылыўға байланыслы) сөзлерди қабыл етип алды, соң Ол (Аллаҳ) оның тәўбесин қабыл етти. Әлбетте, Ол – тәўбени қабыл етиўши, Рейимли.

38. Биз: «Ол жерден (жәннеттен) ҳәммеңиз[18] түсиң», – дедик. Егер Меннен сизлерге ҳидаят келгенде, ким Мениң ҳидаятыма ерсе, онда оларға қәўип жоқ ҳәм олар қапа да болмайды.

39. Күпир келтиргенлер ҳәм аятларымызды жалғанға шығарғанлар, әне солар – дозақ ийелери. Олар ол жерде мәңги қалады.

40. Ҳәй Исрайыл әўлады[19], сизлерге берген неъматларымды еслең ҳәм Маған берген келисимиңизге опа қылың! Мен де сизлерге берген келисимиме опа қыламан. Меннен ғана қорқың!

41. Сизлердеги нәрсени (Таўрат ҳәм Инжилди) тастыйықлаўшы қылып нәзил еткен нәрсеме (Қуранға) ийман келтириң. Оны биринши болып инкәр етиўши болмаң. Аятларымды (өзгертиўиңиз есесине беретуғын) азғантай баҳаға сатпаң ҳәм Меннен ғана қорқың!

42. Ҳақты наҳақ (өзлериңиз тоқыған) нәрсеге араластырмаң ҳәм өзлериңиз билип турып ҳақыйқатты жасырмаң![20]

43. Намазды кәмил оқың, зәкат бериң ҳәм руку қылыўшылар менен бирге руку қылың!

44. Китапты (Таўрат ҳәм Инжилди) оқып турып ҳәм адамларды жақсылыққа шақырып турып, өзлериңизди умытасыз ба?! Ақылды ислетпейсизлер ме?!

45. (Аллаҳтан) сабыр ҳәм намаз (оқыў) менен жәрдем сораң. Әлбетте, ол (намаз Аллаҳға) бойсыныўшылардан басқаларға жүдә үлкен ис.

46. Олар (бойсыныўшылар), әлбетте, Рәббисине жолығыўына ҳәм әлбетте, Оның алдына қайтып барыўына исенеди.

47. Ҳәй Исрайыл әўлады, сизлерге берген неъматларымды ҳәм Мен сизлерди әлемлерден абзал қылып қойғанымды еслең![21]

48. Биреў биреўдиң бир нәрсесин өтеп бере алмайтуғын, оннан шәпәәт қабыл етилмейтуғын, оннан төлем алынбайтуғын ҳәм оларға жәрдем берилмейтуғын күннен қорқың!

49. Сизлерди жаман азаплар менен қыйнаған, улларыңызды сойып, қызларыңызды тири қалдырып атырған Фиръаўнның адамларынан қутқарғанымызды еслең![22] Усы нәрседе Рәббиңизден сизлерге үлкен сынаў бар.

50. Сизлер себепли (өтип алыўыңыз ушын) теңизди жарып, сизлерди қутқарып, сизлердиң көз алдыңызда Фиръаўнның ләшкерлерин шөктиргенимизди еслең[23].

51. Муўса менен қырық түн ўәделескенимизди, оннан (алдымызға кеткенинен) кейин сизлер (өзлериңизге) зулым қылып бузаўға сыйынғаныңызды еслең!

52. Соң, соннан (бузаўға сыйынғаныңыздан) кейин сизлерди әпиў еттик. Қәнекей, шүкир қылсаңыз.

53. Қәнекей, ҳидаят тапсаңыз деп, Муўсаға Китапты (Таўратты) ҳәм (ҳақ пенен наҳақты ажыратыўшы) Фурқанды бергенимизди еслең!

54. Муўса қәўимине: «Ҳәй қәўимим, әлбетте, сизлер бузаўды (қудай етип) алыўыңыз бенен өзиңизге зулым қылдыңыз. Енди өзиңизди (бир-бириңизди) өлтириў менен Жаратыўшыңызға тәўбе қылың! Жаратыўшыңыздың алдында усы сизлер ушын жақсырақ», дегенин еслең! Солай етип, Аллаҳ тәўбеңизди қабыл етти. Әлбетте, Ол – тәўбени көп қабыл етиўши, Рейимли.

55. «Ҳәй Муўса, Аллаҳты ашық-рәўшан көрмегенимизше, саған исенбеймиз», деп қарап турғаныңызда, сизлерди (яғный Муўсаның қәўимин) шақмақ урғанын еслең!

56. Соң шүкир қыласыз, деп өлгениңизден кейин қайта тирилттик.

57. Үстиңизге бултларды сая салдырып қойдық, сизлерге манн[24] ҳәм (писирилген) бөденени түсирип: «Ырысқы етип берген нәрселеримиздиң пәклерин жең», – дедик. (Исрайыл әўлады бойсынбағанлығы себепли) Бизге зулым қылмады, ал өзлерине зулым қылды.

58. Биз сизлерге: «Мына аўылға (Қуддусқа) кириң онда қәлеген жериңизде қәлегенше жең, есиктен (Аллаҳға) сәжде қылған ҳалыңызда, (Аллаҳға) «гүналарымызды кешир», деп кириң, (сонда) сизлердиң қәтелериңизди кеширемиз ҳәм жақсылық ислеўшилерге (саўапты) зыяда қыламыз», дегенимизди еслең!

59. Сонда, зулым қылғанлар өзлерине айтылған сөзди басқасына алмастырды[25]. Кейин Биз зулым қылғанларға бузғыншылықлары себепли аспаннан бәле жаўдырдық.

60. Еслең, (ҳәй Исрайыл әўлады!) Муўса өз қәўими ушын суў сорағанда, «Ҳасаң менен тасты ур!» дедик. Кейин, оннан он еки булақ атылып шықты[26]. (Он еки қәўимнен) ҳәр бир қәўим өзиниң суўын билип (бөлип) алды. (Биз:) «Аллаҳ берген ырысқыдан жеп-ишиң, Жер бетинде бузғыншылық қылмаң!» – дедик.

61. «Ҳәй Муўса, бирдей аўқатқа (жеўге) сабыр ете алмаймыз, Рәббиңе дуўа қыл, бизлерге Жер (өзинен) өндирип шығаратуғын қыяр, сарымсақ, мәш-лобыя, пыяз сыяқлы баў-бақша егинлеринен жетистирип берсин», дегениңизди еслең! Ол: «Жақсы нәрсени пәс нәрсеге алмастырасыз ба? (Қәлеген) қалаңызға түсиң, сизлер сораған нәрсеңиз бар», – деди. Оларға (бундай нашүкирлиги ушын) хорлық ҳәм мискинлик жазылды ҳәм Аллаҳтың ғәзебине ылайық болды. Бул, Аллаҳтың аятларына күпир келтиргени, Нәбийлерди наҳақ өлтиргени ушын[27]. Бул – бойсынбағаны ҳәм ҳәдден асқаны ушын.

62. ‍Әлбетте, мөминлер, яҳудийлер, насранийлер ҳәм сабиийлерден[28] қайсылары Аллаҳға ҳәм ақырет күнине ийман келтирсе ҳәм солиҳ әмеллерди ислесе, оларға Рәббиси алдында сыйлықлар бар. Оларға қәўип жоқ ҳәм олар қапа да болмайды.

63. Еслең, (ҳәй Исрайыл әўлады!) Биз сизлердиң ўәделериңизди алған едик ҳәм үстиңизде «Туўр»ды[29] көтерип турып: «Биз сизлерге берген нәрсени (Таўратты) беккем услаң ҳәм ондағы нәрсени (аятты) еслең! Қәнекей, (сонда) тақўалы болсаңыз» (– деген едик).

64. Соң, оннан кейин (опа қылыўдан) жүз бурдыңыз. Сизлерге Аллаҳтың кеңшилиги ҳәм рейими болмағанда, әлбетте, зыян көриўшилерден болар едиңиз.

65. Ҳақыйқатында да, шемби күни өзлериңизден ҳәдден асқанларды билдиңиз[30]. Биз оларға: «Қуўылған маймылға айланың!» – дедик.

66. Биз буны олардан алдынғы ҳәм кейинги дәўир ушын (ибратлы) жаза, ал тақўалы адамлар ушын нәсият (дереги) қылдық.

67. Еслең, Муўса қәўимине: «Аллаҳ сизлерге сыйыр сойыўды буйырды», дегенде, олар: «Бизлерди масқаралап турсаң ба?» – деди. (Муўса): «Наданлардан болыўымнан Аллаҳ сақласын», – деди!»[31]

68. Олар: «Рәббиңе бизлер ушын дуўа қыл, бизлерге оның (сыйырдың) қандай екенин баян етип берсин!» – деди. (Муўса): «Оның айтыўынша, ол қартайған да, жас та болмаған, екеўиниң ортасындағы сыйыр, енди буйырылған нәрсени қылың!» – деди.

69. Олар: «Рәббиңе бизлер ушын дуўа қыл, бизлерге оның (сыйырдың) реңин баян етип берсин!» – деди. (Муўса): «Оның айтыўынша, оның реңи сап-сары, қарағанларды қуўандыратуғын сыйыр» – деди.

70. Олар: «Рәббиңе бизлер ушын дуўа қыл, бизлерге оның қандай екенин баян етип берсин, бизлерге сыйыр (қандай екенлиги) түсиниксиз болып қалды. Қуда қәлесе бизлер – әлбетте, жолымызды таўып алыўшымыз», – деди.

71. (Муўса): «Оның айтыўынша, ол сыйыр жер айдаўға да, егин суўғарыўға да жумсалмаған, (айыплардан) саламат, араласқан реңи жоқ», – деди. Олар: «Енди ҳақыйқатты айттың», – деди. Кейин, оны (усы сыпатларға ийе сыйырды зорға таўып) сойды. Сәл болмаса, (буны) қыла алмайтуғын еди.

72. Еслең, бир жанды өлтирип қойып[32], кейин сол себепли жәнжеллесип қалған едиңиз. Аллаҳ – сизлер жасырған нәрсени (сырларды) шығарыўшы (әшкара қылыўшы).

73. Биз: «Енди оны (өликти) оның (сыйырдың) бир бөлеги менен урың!»[33] – дедик. Аллаҳ (тап) Усылай етип (аңсат ғана) өлилерди тирилтеди ҳәм өзиниң қүдиретлерин сизлерге көрсетеди. Қәнекей, ақыл ислетсеңиз.

74. Соң, буннан (қүдиретти көргеннен) кейин кеўиллериңиз қатып қалды. Енди олар тастай, бәлким тастан да қаттырақ. Себеби, таслардың айырымларынан дәрьялар атылып шығады, айырымлары жарылып, оннан суў шығады ҳәм айырымлары Аллаҳтан қорыққанынан қулап түседи. Аллаҳ ислеп атырған ислериңизден хабарсыз емес.

75. Олардың (Исрайыл әўладының) ийман келтириўин дәме қылып атырсыз ба? Ал, ҳақыйқатында да, олардан бир топары Аллаҳтың гәпин еситип, соң түсинип алғанынан кейин билип турып, өзгертер еди.

76. Олар ийман келтиргенлерди ушыратса, ийман келтирдик, дейди. (Өзлери мусылманлар жоқ жерде) бир-бири менен жалғыз қалғанында, (бир-бири менен келиспей): «Аллаҳ сизлерге ашқан (Таўратта билдирген) нәрсе (Муҳаммадтың пайғамбарлығының хабары) ҳаққында Рәббиңиздиң алдында ҳүжжет таласыўы ушын айтып атырсыз ба? Ақылларыңызды ислетпейсиз бе?» – дейди.

77. Аллаҳ олардың сыр тутқан нәрселерин де, ашықтан-ашық қылған нәрселерин де билетуғынын билмей ме?

78. Олардың ишинде китаптан хабарсыз, бос ойлардан басқаны билмейтуғын саўатсызлары да бар. Олар тек ғана гүман қылады.

79. Китапты өзиниң қолы менен жазып, соң оны арзан баҳаға сатыў ушын: «Бул (китап) – Аллаҳтың алдынан», – дейтуғынларға ўайл болсын! Оларға өз қоллары менен жазған нәрселери де, тапқан (пайда)лары да апат болады*[34].

80. Олар (яҳудийлер): «Бизлерге (дозақ) оты тек санаўлы күнлерде ғана тийеди», – деди. Сен: «Аллаҳтың алдында (усы нәрсеге) келисим алдыңыз ба? Ондай болса, Аллаҳ келисимине терис ис қылмайды. Ямаса Аллаҳтың атынан билмеген нәрселериңизди айтып атырсыз ба?» – деп айт.

81. Яқ! Ким жаманлық қылса ҳәм оны қәте ислери орап алған болса, әне солар – дозақ ийеси. Олар ол жерде (дозақта) мәңги қалыўшылар болады.

82. Ийман келтирип, солиҳ әмеллерди қылғанлар, әне солар – жәннет ийеси. Олар ол жерде (жәннетте) мәңги қалыўшы болады.

83. Еслең, Биз Исрайыл әўладынан: «Аллаҳтан басқаға ибадат қылмайсыз, ата-анаға, ағайинлерге, жетимлерге[35], мискинлерге жақсылық етиң, адамларға жақсы сөз айтың, намазды кәмил оқың, зәкат бериң!» – деп келисим алған едик. Кейин азғантайыңыздан басқаңыз (бул келисимнен) жүз бурып кеттиңиз.

84. Еслең, Биз сизлерден: «Бир-бириңиздиң қанларыңызды төкпейсиз, өзлериңизди (бир-бириңизди) журтыңыздан шығармайсыз», – деп ўәде алған едик. Соң (буған) гүўалық берип турып, мойыныңызға да алған едиңиз.

85. Соң, сизлер өзлериңизди (бир-бириңизди) өлтирип атырсыз, бир топарыңызды журтынан шығардыңыз, оларға қарсы гүна ҳәм душпанлық пенен жәрдем берип атырсыз. Сизлерге (олардың душпанына тийисли) тутқын келсе, оларды (азатлыққа) шығарыў сизлерге ҳарам (қадаған) болған ҳалында оларды қутқарып атырсыз[36] ямаса китап (Таўрат)тың бир бөлегине ийман келтирип, бир бөлегине күпир келтирдиңиз бе?! Сизлерден ким усындай қылса олардың жазасы бул дүньяда тек шерменделик, ал қыямет күнинде қатты азапқа қайтарылады (киргизиледи). Аллаҳ ислеп атырған ислериңизден хабарсыз емес.

86. Солар ақыреттиң орнына (өткинши) дүнья өмирин сатып алғанлар. Солай екен, олардан азап жеңиллетилмейди ҳәм оларға жәрдем де берилмейди.

87. Ҳақыйқатында да, Муўсаға китапты (Таўратты) бердик ҳәм оның артынан Пайғамбарларды избе-из жибердик[37]. Ийса ибн Мәрьямға рәўшан нәрселерди (мөжизаларды) бердик[38] ҳәм оны Руўхул Қудус (Жәбрайыл) пенен қолладық. Ҳәр қашан Пайғамбар сизлерге жақпайтуғын нәрселер менен келсе, тәкаббырлық қылып, айырымларын өтирикшиге шығарып, айырымларын өлтире бересиз бе?![39]

88. Олар: «Қәлбимиз (Ислам ушын) жабық», – деди. Яқ, бәлки, Аллаҳ таала күпирликлери себепли оларды нәлетлеген. Солай екен, олардың азғантайы ғана ийман келтиреди.

89. Оларға Аллаҳтың алдынан өзлериндеги нәрсени (Таўратты) тастыйықлаўшы Китап (Қуран) келгенде, өзлери (Қураннан ҳәм Муҳаммад алайҳиссаламнан) кәпирлерге қарсы жәрдем күтип жүрер еди[40]. Қашан оларға өзлери билген инсан (Муҳаммад) келгенде, оған күпир келтирди. Кәпирлерге Аллаҳтың нәлети болсын!

90. Аллаҳ бенделеринен қәлегенине кеңшилигинен (ўаҳийинен) жибериўин олар қызғанып, Аллаҳ нәзил еткен нәрсени (Қуранды) инкәр етиўдей жүдә жаман нәрсе есесине жанларын сатты. Енди олар ғәзептиң үстине ғәзепке дуўшар болды. Кәпирлерге хор қылыўшы азап бар.

91. Егер оларға: «Аллаҳ нәзил еткен нәрсеге ийман келтириң!» – делинсе, «Бизлер өзимизге нәзил етилген нәрсеге ийман келтиремиз», – дейди ҳәм (Таўраттан) кейин келген, олардағы нәрсени (Таўратты) тастыйықлайтуғын Ҳақты (Қуранды) инкәр етеди. Оларға айт (ҳәй Муҳаммад!): «Егер мөмин болсаңыз, неге алдын Аллаҳтың Пайғамбарларын өлтирдиңиз?!»[41]

92. Ҳақыйқатында да, Муўса сизлерге рәўшан ҳүжжетлер (мөжизалар) менен келди. Соң оннан кейин де, сизлер залым болып (күпирге батып) бузаўды (қудай етип) алдыңыз.

93. Еслең, (ҳәй Исрайыл әўлады!) Биз (сол ўақытта) сизлерден ўәдеңизди алып, үстиңизде Туўрды көтерип (турып): «Биз сизлерге берген нәрсени (Таўрат аятларын) беккем услаң ҳәм тыңлаң», дегенимизде, (бабаларыңыз): «Тыңладық ҳәм (бирақ) бойсынбадық», деди. Күпирлери себепли кеўиллери бузаўға (сыйыныў ҳәўеси менен) суўғарылған еди. Айт: «Егер (ҳақыйқатында да) мөмин болсаңыз, сизлердиң «ийман»ыңыз буншелли жаман нәрсеге буйырады?!»[42]

94. Айт (ҳәй Муҳаммад!): «Егер Аллаҳтың алдындағы ақырет үлкеси (жәннет) басқа адамларға емес, тек сизлерге тән болса, гәплериңизде рас сөйлеўши болсаңыз, (онда оған ерисиў ушын тезирек) өлимди әрман етиң!»[43]

95. Өз қолы қылған нәрсе (гүнасы) себебинен, олар оны (өлимди) ҳеш қашан әрман етпейди. Аллаҳ – зулым қылыўшыларды билиўши.

96. Оларды жасаўға ең көп берилген адамлардан[44] екенин билесең. Мушриклердиң биреўлери мың жыл өмир көриўди қәлейди, бирақ өмирдиң узынлығы оны азаптан узақластыра алмайды. Аллаҳ – олардың ислеп атырған ислерин көрип турыўшы.

97. (Ҳәй Муҳаммад!) Айт: «Жәбрайылға ким душпан болса[45], (билип қойсын,) ол (Жәбрайыл) оны (Қуранды) сениң қәлбиңе Аллаҳтың руқсаты менен, өзинен алдынғы (илаҳий китап)ларды тастыйықлаўшы, мөминлер ушын ҳидаят ҳәм хош хабар қылып түсирди.

98. Ким Аллаҳға, Оның периштелерине Пайғамбарларына, Жәбрайылға ҳәм Микаилға душпан болса, онда (билип қойсын), әлбетте, Аллаҳ – кәпирлердиң душпаны».

99. Ҳақыйқатында да, саған рәўшан аятларды нәзил еттик, оларға тек фасықлар ғана күпир келтиреди.

100. Қашан олар келисим қылса, олардан бир топары оны буза бере ме?! Яқ! Олардың көбиси ийман келтирмейди.

101. Аллаҳ тәрепинен олардағы нәрсени тастыйықлаўшы Пайғамбар келгенде, китап берилгенлерден бир топары, өзин Аллаҳтың китабын билмегенге салып, артына ылақтырды.

102. Және (олар) Сулайман патшалығындағы шайтанлар оқыйтуғын нәрсеге ерди. Сулайман күпир келтирмеди. Бирақ, адамларға сыйқырды ҳәм де Бабылдағы Ҳарут ҳәм Марут деген периштелерге түсирилген нәрселерди үйрететуғын шайтанлар кәпир болды[46]. Ол екеўи: «Бизлер тек сынаў ушынбыз, кәпир болып қалма», деп айтып (ескертпегенше) ҳеш кимге (сыйқырды) үйретпес еди. Сонда, екеўинен (айырым адамлар) ерли-зайыптың арасын бузатуғын нәрсени үйренеди. (Бирақ, бәри бир) олар оның менен Аллаҳтың руқсатысыз ҳеш кимге зыян жеткизе алмайды. Олар өзине пайда бермейтуғын, (бәлким) зыянлы нәрсени үйренеди. Ҳақыйқатында да, Оны (Қуранды сыйқырға) сатқанларға (алмастырғанларға) ақыретте несийбе жоқ екенин де биледи. Олар өзин қаншелли жаман нәрсеге сатқанын билсе еди!

103. Егер олар ийман келтирип, тақўа қылса, Аллаҳтың алдындағы саўап (олар ушын) жақсырақ болады. Егер олар билсе еди.

104. Ҳәй ийман келтиргенлер! «Роъина» демең, «унзурна» дең[47] ҳәм тыңлаң. Кәпирлерге аўыртыўшы азап бар.

105. Китап ийелеринен болған кәпирлер ҳәм мушриклер сизлерге Рәббиңизден жақсылық түсирилиўин жақтырмайды. Ал, Аллаҳ Өз рейимин кимге қәлесе, соған тән қылады. Аллаҳ – уллы кеңшилик ийеси.

106. (Ҳәй Муҳаммад!) Аятлардан биреўин бийкар қылсақ ямаса умыттырсақ, оннан жақсысын (үмметиңизге мүнәсибин) ямаса оған уқсасын әкелемиз[48]. Аллаҳ ҳәмме нәрсеге қәдир екенин билмедиң бе?!

107. Аспанлар ҳәм Жердиң бийлиги Аллаҳға тән екени ҳәм сизлер ушын Аллаҳтан басқа ҳеш бир дос яки жәрдемши жоқ екенин билмейтуғын ба едиңиз?!

108. Ямаса (ҳәй Мәккә халқы) бурын Муўсадан соралғанындай, Пайғамбарыңыздан (көп) сораўды қәлейсиз бе?![49] Ким ийманды күпирге алмастырса, ҳақыйқатында да, туўры жолдан адасқан болады.

109. Китап ийелеринен көбиси өзлерине ҳақыйқат рәўшан болғанынан кейин, иш-ишинен қызғанып сизлерди ийманлы болғаныңыздан кейин кәпирликке қайтармақшы болады [50]. Енди (сизлер) Аллаҳтың буйрығы келгенше оларды әпиў етиң, кеширимли болың! Әлбетте, Аллаҳ – ҳәмме нәрсеге қәдир.

110. Намазды кәмил оқың ҳәм зәкат бериң! Өзиңиз ушын қандай жақсылық[51] еткен болсаңыз, оны (яғный саўабын) Аллаҳтың алдында табасыз. Әлбетте, Аллаҳ – ислеп атырған ислериңизди көриўши.

111. Олар: «Жәннетке яҳудий ҳәм насранийлерден басқа ҳеш ким кирмейди», – деди[52]. Бул – олардың әрманы. Сен: «Егер туўры сөйлеўши болсаңыз, ҳүжжетлериңизди әкелиң!» – деп айт.

112. Яқ! Ким жақсылық еткен ҳалында жүзин (өзин) Аллаҳға тапсырса, оған Рәббиси алдында сыйлық бар. Оларға қәўип жоқ ҳәм олар қапа да болмайды.

113. Яҳудийлер: «Насранийлер ҳеш нәрседе жоқ (туўры жолда емес)», – деди. Насранийлер: «Яҳудийлер ҳеш нәрседе жоқ (туўры жолда емес)», – деди. Ал, өзлери китапты оқыйтуғын (саўатлы) еди. Сондай-ақ, билмейтуғын адамлар да олардың гәпине уқсас гәп айтты[53]. Енди қыямет күни олардың өз ара келисе алмаған нәрселери ҳаққында Аллаҳ ҳүким шығарады.

114. Аллаҳтың мешитлеринде Оның аты зикир қылыныўын тосқан ҳәм оларды бузыўға ҳәрекет еткеннен де залымырақ адам бар ма?![54] Әне солар ол жерлерге тек қорыққан ҳалларында ғана кириўи керек еди ғой. Оларға бул дүньяда хорлық бар, ал ақыретте болса, үлкен азап бар[55].

115. Шығыс та, Батыс та – Аллаҳтики. Солай екен, қаяққа қарасаңыз, сол жерде Аллаҳтың «жүзи» бар. Әлбетте, Аллаҳ – ҳәмме нәрсени қамтып алыўшы, Илимли.

116. Олар: «Аллаҳтың перзенти бар», – дейди[56]. Ол (Аллаҳ) – (олар айтып турған бундай нәрселерден) пәк. Ал, аспанлар ҳәм жердеги ҳәмме нәрселер – Оныки. Ҳәмме – Оған бойсыныўшы.

117. (Ол –) аспанлар ҳәм Жердиң жаратыўшысы. Бир исти қылажақ болса, тек оған: «Бол!» – деп айтады, кейин ол болады.

118. (Ҳеш нәрсени) билмейтуғын (надан) адамлар: «Аллаҳ бизлер менен сөйлессе еди ямаса мөжиза келсе еди», – деди. Олардан алдынғылар да олардың сөзине уқсас гәплерди айтқан еди. Кеўиллери бир-бирине уқсас болды. Ҳақыйқатында да, Биз анық исениўши қәўимлерге мөжизаларды баян еткенбиз.

119. Әлбетте, Биз сени Ҳақ (Қуран, таўҳид, ислам) пенен хош хабар бериўши ҳәм ескертиўши етип жибердик. Сен дозақ ийелери ҳаққында соралмайсаң.

120. Яҳудийлер де, насранийлер де қашан сен олардың динине ермегениңше сеннен сирә разы болмайды. Сен: «Әлбетте, Аллаҳтың ҳидаяты – ҳақыйқый ҳидаят», – деп айт. Егер сен өзиңе илим келгеннен кейин де олардың ҳаўайы нәпсилерине ерсең, сени Аллаҳтан (қутқарыўшы) дос та, жәрдемши де жоқ.

121. Биз китап (Таўрат, Инжил ямаса Қуран) бергенлеримизден оны туўры тиләўат қылатуғынлары, әне солар – оған (Муҳаммадқа ҳәм Қуранға) ийман келтиретуғынлар. Ким оған күпир келтирсе, әне солардың өзлери – зыян көриўши.

122. Ҳәй Исрайыл әўлады, сизлерге берген неъматларымды ҳәм Мен сизлерди әлемлерден абзал қылып қойғанымды еслең![57]

123. Биреў бир нәрседе (басқа) биреўдиң орнына ҳеш нәрсени өтей алмайтуғын, оннан төлем алынбайтуғын, оннан шәпәәт қабыл етилмейтуғын ҳәм оларға жәрдем берилмейтуғын Күннен қорқың!

124. Еслең! Ибраҳимди Рәббиси кәлиймалар[58] менен имтиҳан қылғанда, ол оларды кәмил етип атқарды! Ол: «Мен, әлбетте, сени адамларға имам қылмақшыман», – деди. Ол: «Зүрядымнан да ма?» – деди. Ол: «Залымлар мениң антыма (кеңшилигиме) ҳеш қашан ерисе алмайды», – деди.

125. Еслең, «Байт»ты (Каабаны) адамлар ушын зыярат ҳәм аманлық орны қылып қойдық. «Ибраҳимниң мақам»ын [59] намаз оқыйтуғын жер қылып алың! Ибраҳим ҳәм Исмайылға: «Таўап қылыўшылар, итикаф[60] қылыўшылар, руку-сәжде қылыўшылар ушын Байтимди пәклең!» – деп буйырдық.

126. Еслең, Ибраҳим: «Рәббим, буны (Мәккәны) аманлық журты қыл ҳәм оның халқынан Аллаҳға ҳәм ақырет күнине ийман келтиргенлерин мийўелер менен ырысқыландыр», – дегенде, Ол: «Ким күпир келтирсе, онда оны (бул дүньяда) азғана рәҳәтлендиремен, кейин дозақ азабына мәжбүр қыламан. Бул – дым жаман жер!» – деди.

127. Еслең! Ибраҳим (өзиниң баласы) Исмайыл менен Байттың тийкарын (тырнағын) көтергенде, (мынадай деп дуўа қылды:) «Я Рәббимиз, бизлерден қабыл ет, әлбетте, Сениң Өзиң – Еситиўши, Илимлисең!

128. Рәббимиз, екеўимизди Өзиңе бойсыныўшылардан қыл ҳәм зүрядымыздан да Өзиңе бойсыныўшы үммет (шығар). Және бизлерге (ҳажға тийисли) ибадатларымызды көрсет (үйрет) ҳәм тәўбемизди қабыл ет. Әлбетте, Сениң Өзиң – тәўбелерди қабыл етиўши, Рейимлисең.

129. Рәббимиз, оларға (келешек үмметлерге) өзлериниң ишинен (шыққан), оларға аятларыңды тиләўат қылып беретуғын, китапты (Қуран) ҳәм ҳикмет (ҳәдис)ти үйрететуғын, оларды (күпир ҳәм гүнадан) пәклейтуғын Пайғамбар жибер![61] Әлбетте, Сениң Өзиң – Қүдиретли, Ҳикметлисең».

130. Ибраҳимниң дининен тек өз қәдирин билмейтуғын адамлар ғана жүз бурады. Әлбетте, Биз оны бул дүньяда (пайғамбарлық ушын) таңлап алдық ҳәм ол ақыретте де, әлбетте, жақсылардан болады.

131. Еслең! Рәббиси оған: «Бойсын!» дегенде, ол: «Әлемлердиң Рәббисине бойсындым», – деди.

132. Ибраҳим[62] ҳәм Яқуб сол (динди) балаларына ўәсият қылып: «Ҳәй балаларым, әлбетте, Аллаҳ сизлерге усы динди таңлады, енди сизлер мусылман болмай турып өлип кетпең», – деди[63].

133. (Ҳәй Исрайыл әўлады) ямаса Яқубқа өлим келип, ол өз балаларына: «Меннен кейин не затқа сыйынасыз?» – деп айтқанында, олар: «Сениң илаҳың ҳәм аталарың Ибраҳим, Исмайыл ҳәм Исҳақтың илаҳы болған, жалғыз илаҳға сыйынамыз ҳәм бизлер Оған бойсыныўшымыз», – деп айтқанында (оларға) гүўа болған ба едиңиз?!

134. Олар өтип кеткен бир үммет. Оларға өзлери қылған ислери (саўабы) болады. Сизлер олардың ислеген ислеринен соралмайсыз (олардың ислегенлерине жуўап бермейсиз).

135. (Яҳудийлер ҳәм насранийлер): «Яҳудий ямаса насраний болың, ҳидаят табасыз», – дейди. (Ҳәй Муҳаммад) былай деп айт: «Яқ, Ибраҳимниң туўры миллетине (динине) еремиз, ол мушриклерден болмаған».

136. (Ҳәй мусылманлар): «Аллаҳға, бизге нәзил етилген нәрсеге, Ибраҳим, Исмайыл, Исҳақ, Яқуб, (олардың) әўладларына нәзил етилген нәрсеге, Муўса ҳәм Ийсаға берилген нәрсеге ҳәм Пайғамбарларға Рәббисинен берилген нәрсеге ийман келтирдик. Бизлер олардың арасынан ҳеш бирин ажыратпаймыз ҳәм бизлер Оған бойсыныўшымыз» – деп айтың.

137. Егер олар да сизлер ийман келтиргендей ийман келтирсе, ҳақыйқатында да, ҳидаят табады. Егер олар жүз бурса, онда олар, әлбетте, (сизлерге) душпанлықта болады. Сени олардан (қорғаўға) Аллаҳ жетерли. Ол – Еситиўши, Илимли.

138. Аллаҳтың «бояў»ына (динине кириң!)[64] Аллаҳтың «бояў»ынан да шырайлырақ бояў бериўши ким бар?! Бизлер Оған сыйынамыз.

139. (Ҳәй Муҳаммад) айтың: «Бизлердиң де, сизлердиң де Рәббиңиз болған Аллаҳ ҳаққында бизлер менен тартысасыз ба?! Бизлерге өз ислеримиз, сизлерге де өз ислериңиз (болады). Бизлер тек Оған ғана ықлас қылыўшымыз».

140. Ямаса сизлер (Исрайыл әўлады): «Әлбетте, Ибраҳим, Исмайыл, Исҳақ, Яқуб ҳәм (олардың) әўлады яҳудий ҳәм насраний болған», дейсиз бе?! (Ҳәй Муҳаммад сен оларға): «(Олардың динин) сизлер билиўширексиз бе ямаса Аллаҳ па?» деп айт. Өзиндеги Аллаҳтан болған гүўалықты жасырған (адам)нан да залымырақ адам бар ма?! Аллаҳ ислеп атырған ислериңизден хабарсыз емес.

141. Олар өтип кеткен бир үммет. Оларға өзлери қылған ислери (саўабы) болады. Сизлерге де өзлериңиз қылған ислериңиз болады. Сизлер олардың ислеген ислеринен соралмайсыз (олардың ислегенлерине жуўап бермейсиз).

142. Адамлардың ақмақлары: «Оларды (мусылманларды) алдын жүзленген қубласынан не бурды екен?» – дейди[65]. Сен: «Шығыс та, Батыс та – Аллаҳтики. Ол Өзи қәлеген адамларды туўры жолға баслайды», – деп айт.

143. Сондай-ақ, сизлер (мусылманлар басқа) адамларға (басқа үмметлерге) гүўа болыўыңыз ҳәм Пайғамбар сизлерге гүўа болыўы ушын сизлерди «орта үммет» қылдық[66]. Сен алдын жүзленген қубланы, тек, артына бурылып кеткенлерден ким Пайғамбарға еретуғынын билиў ушын ғана қылдық (қайта тикледик)[67]. Әлбетте, бул (өзиниң қубласын өзгертиў) Аллаҳ ҳидаятқа салғанлардан басқаларға аўыр ис. Аллаҳ ийманларыңызды (Байтул Мақдиске қарап алдын оқыған намазларыңыздың саўабын) зая қылмайды. Әлбетте, Аллаҳ – адамларға Меҳрибан, Рейимли.

144. Арасында (ўаҳийди күтип) жүзиңди аспанға қаратып турғаныңды көремиз. Енди, әлбетте, сени өзиң разы болатуғын қублаға қаратамыз. Жүзиңди Масжидул Ҳарам (Кааба) тәрепке бур! (Ҳәй мөминлер, сизлер де) қай жерде болсаңыз да, жүзиңизди сол тәрепке бурың! Әлбетте, әҳли китаплар буның Рәббиси тәрепинен болған ҳақыйқат (илаҳий пәрман) екенин биледи. Аллаҳ олардың ислеп атырған ислеринен хабарсыз емес.

145. Егер сен китап ийелерине ҳәмме дәлиллерди келтирсең де, сениң қублаңа ермейди. Сен де олардың қубласына ермейсең. Олар (яҳудий ҳәм насранийлер) да бир-бириниң қубласына ермейди. Егер саған келген илимнен кейин де олардың ҳаўайы нәпсине ерсең, онда, әлбетте, залымлардан боласаң.

146. Биз китап бергенлер (китап ийелери) оны (Муҳаммадты) тап баласын танығандай таныйды ҳәм олардың бир топары билип турып ҳақты жасырады.

147. Бул ҳақыйқат – Рәббиңнен (келген хабар). Солай екен, ҳеш шубҳа қылыўшылардан болма!

148. Ҳәр кимниң жүзленетуғын тәрепи бар. Солай екен, жақсылыққа асығың. Қай жерде болсаңыз да, Аллаҳ сизлерди (мәҳшарда) жәмлейди. Әлбетте, Аллаҳ – ҳәмме нәрсеге қәдир.

149. Қай жерден (сапарға) шықсаң да, (намазда) жүзиңди Масжидул Ҳарам[68] (Кааба) тәрепке бур! Әлбетте, бул – Рәббиңнен болған ҳақыйқат. Аллаҳ ислеп атырған ислериңизден хабарсыз емес.

150. Қай жерден шықсаң да, (намазда) жүзиңди Масжидул Ҳарам тәрепке бур! Адамларда сизлерге қарсы ҳүжжет болмаўы ушын (ҳәй мөминлер,) қай жерде болсаңыз да, жүзиңизди сол тәрепке бурың! Олардың ишинде зулым қылғанлары бар. Сизлер олардан қорықпаң, Меннен қорқың! Бул сизлерге неъматымды толық етип бериўим ҳәм сизлердиң ҳидаят табыўыңыз ушын.

151. Сондай-ақ, сизлерге аятларымызды тиләўат қылатуғын, сизлерди пәклейтуғын, сизлерге китапты ҳәм ҳикметти үйрететуғын ҳәм билмейтуғын нәрсеңизди[69] үйрететуғын Пайғамбарды өзиңиздиң ишиңизден сизлерге жибердик.

152. Солай екен, Мени еслең, (Мен де) сизлерди еслеймен[70]. Маған шүкир қылың, нашүкир болмаң!

153. Ҳәй ийман келтиргенлер! Сабыр ҳәм намаз (оқыў) бенен (Меннен) жәрдем сораң! Әлбетте, Аллаҳ сабырлылар менен бирге.

154. Аллаҳтың жолында өлтирилгенлерди «өлилер» демең. Ал, олар тири болып, бирақ сизлер сезбейсиз.

155. Әлбетте, Биз сизлерди қорқыныш ҳәм ашлықтан болған бир нәрсе (азап) менен, мал-мүликке, жанға, мийўелерге нуқсан жеткизиў менен сынаймыз.[71]. (Ҳәй Муҳаммад, усындай жағдайларда) сабырлыларға хош хабар бер!

156. Оларға мүсийбет жеткенде: «Әлбетте, бизлер Аллаҳтикимиз ҳәм әлбетте, бизлер Оған қайтыўшымыз», – дейди.

157. Соларға Рәббисинен салаўатлар (мағфират) ҳәм рейим бар ҳәм әне солар – ҳидаят табыўшы.

158. Әлбетте, Софа ҳәм Марўа Аллаҳтың белгилеринен[72]. Солай екен, ким Байтуллаҳты ҳаж ямаса умра қылса, сол екеўин таўап қылыўында оған гүна жоқ. Ким жақсылықты (нәпил ҳаж ямаса умраны) өз қәлеўи менен қылса, онда, әлбетте, Аллаҳ – шүкирди қабыл етиўши, Илимли[73].

159. Әлбетте, Биз нәзил еткен рәўшан аятлардан ҳәм ҳидаяттан ибарат нәрселерди (Муҳаммадтың ҳақ пайғамбар екенин) адамларға китапта баянлап бергенимизден кейин (оны) жасырғанларды – Аллаҳ нәлетлейди, (периште ҳәм мөминлерден болған) нәлетлеўшилер де нәлетлейди.

160. Тек тәўбе қылып, (қәтелерин) дүзетип, (ҳақыйқатты) баян еткенлердиң ғана, тәўбесин қабыл етемен. Мен тәўбелерди көп­ қабыл етиўши, Рейимлимен.

161. Әлбетте, күпир келтирип ҳәм кәпир ҳалында өлгенлерге ҳәммениң – Аллаҳтың, периштелердиң ҳәм адамлардың нәлети болады.

162. Ол жерде (дозақта) мәңги қалады. Олардан азап жеңиллетилмейди, оларға мәўлет те берилмейди[74].

163. Илаҳыңыз жалғыз илаҳ. Оннан басқа ҳеш бир илаҳ жоқ. Ол – Меҳрибан, Рейимли[75].

164. Әлбетте, аспанлар ҳәм жердиң жаратылыўында, түн ҳәм күндиздиң алмасып турыўында, адамларға пайдалы нәрселер менен теңизде жүзетуғын кемеде, Аллаҳ аспаннан суў түсирип, оның менен «өли» (кеўип қалған) жерди тирилтиўинде ҳәм ол жерде түрли жанзатларды тарқатыўында, самалларды жөнелтиўинде[76] ҳәм аспан менен жердиң арасындағы бойсыныўшы бултта, ақыл ислетиўши қәўимлер ушын белгилер бар [77].

165. Адамлар арасында Аллаҳтан өзге нәрселерди (жалған қудайларды) Оған тең қылып, Аллаҳты жақсы көргендей оларды жақсы көретуғынлар бар. Ийман келтиргенлердиң Аллаҳға болған муҳаббатлары (олардикинен) күшлирек[78]. Зулым қылғанлар азапты көрген ўақтында, әлбетте, ҳәмме күш-қуўат Аллаҳға тән екенлигин ҳәм Аллаҳтың азабы қатты екенин билсе еди…

166. Сол ўақытта азапты көрип, ерткенлер (баслықлары өзлерине) ергенлерден танады ҳәм олардың (өз ара) байланысы үзиледи.

167. Ергенлер: «Қәне еди бизлерге бир мәрте (дүньяға) қайтыў болса еди, олар бизлерден танғанларындай, бизлер де олардан танар едик», – дейди. Усылайынша, Аллаҳ оларға (қылған) ислериниң өзлерине ҳәсирет болғанын көрсетеди. Олар дозақтан шығыўшы емес.

168. Ҳәй адамлар! Жердеги ҳадал-пәк нәрселерден жең ҳәм шайтанның излеринен ермең. Әлбетте, ол – сизлерге анық душпан [79].

169. Әлбетте, ол сизлерди жаманлыққа, бузықлыққа ҳәм Аллаҳға қарсы билмеген нәрселериңизди айтыўыңызға буйырады.

170. Оларға: «Аллаҳ нәзил еткен нәрсеге ериң», – делинсе, олар: «Яқ, бизлер ата-бабаларымызды не заттың үстинде тапсақ, соған еремиз», – дейди[80]. Ата-балалары ҳеш нәрсеге ақылы жетпейтуғын ҳәм ҳидаят таппаған болса да ма?!

171. Күпир келтиргенлер мисли (шопан) бақырғанда қышқырығы ҳәм сесинен басқа нәрсени еситпейтуғын (ҳайўан)ларға уқсайды[81]. Олар герең, сақаў ҳәм соқыр. Олар ақыл ислетпейди.

172. Ҳәй ийман келтиргенлер! Егер Аллаҳға ғана сыйынсаңыз, сизлерге ырысқы етип берген пәк нәрселерден жең ҳәм Оған шүкир қылың!

173. Әлбетте, Ол сизлерге өлимтикти, қанды, шошқаның гөшин ҳәм Аллаҳтан басқаға атап сойылған нәрсени ҳарам қыл­ды. Ким мәжбүр болып, зулым қылмаған ҳәм ҳәддинен аспаған ҳалда (жесе), оған гүна жоқ [82]. Әлбетте, Аллаҳ – Кеширимли, Рейимли.

174. Аллаҳ китапта нәзил еткен нәрсени жасыратуғын ҳәм оны азғана баҳаға сататуғынлар, солар қарнына тек жалынды ғана жейди [83]. Аллаҳ қыямет күнинде олар менен сөйлеспейди[84] ҳәм оларды пәк­лемейди. Оларға аўыртыўшы азап бар.

175. Ҳидаяттың орнына адасыўды, кеширимниң орнына азапты сатып алғанлар – әне солар. Енди олар дозақ отына қалай шыдайды![85]

176. Бул – әлбетте, Аллаҳ Китапты ҳақ пенен нәзил еткенинен. Китап ҳаққында таласып-тартысқанлар болса, түпсиз тартысыўда.

177. Жақсылық – жүзиңизди Шығыс ямаса Батыс тәрепке қаратыўыңызда емес, жақсылық Аллаҳға, ақырет күнине, периштелерге, Китапқа, Пайғамбарларға ийман келтиретуғын ҳәм жақсы көрген мал-дүньясынан ағайинлерине, жетимлерге, мискинлерге, жолаўшыларға, тиленшилерге, қул азат қылыўға беретуғын, намазды кәмил оқып, зәкат беретуғын, келисим қылғанда келисимине опа қылыўшыларға, жарлылық, қыйыншылық ўақтында ҳәм (урыстағы) аўыр ўақытта сабыр етиўшилерге (тән). Әне солар шын ийманлы ҳәм солар тақўалы.

178. Ҳәй ийман келтиргенлер! Сизлерге өлтирилген адамлар ушын өш алыў парыз етилди: азат адам орнына азат адамнан, қулдың орнына қулдан, ҳаялдың орнына ҳаялдан (өш алынады). Кимге өз ағайинлеринен бир нәрсе әпиў етилсе, онда жақсылық пенен ерилсин ҳәм қунды төлеў де жақсылық пенен болсын. Бул – Рәббиңизден болған жеңиллик ҳәм рейим. Енди ким буннан кейин де ҳәддинен асса[86], оған аўыртыўшы азап бар.

179. Сизлер ушын өш алыўда өмирдиң даўамлылығы бар, ҳәй ақыл ийелери! Қәнекей, тақўалы болсаңыз [87].

180. Қайсы бириңизге өлим келгенде, (өзинен кейин) жақсылық (байлық) қалдырып атырған болса, ата-анасы ҳәм жақынларына туўрылық пенен ўәсият қылыўы тақўалылардың мойнындағы ўазыйпасы сыпатында парыз етилди[88].

181. Ким оны еситкенинен кейин өзгертсе, онда гүнасы тек өзгерткенлердиң өзине болады. Әлбетте, Аллаҳ – Еситиўши, Билиўши.

182. Ким ўәсият қылыўшы тәрепинен бир қәте ямаса гүна жүз бериўинен қорқып, (ўәсиятты өзгертип болса да) олардың арасын дүзетсе, оған гүна болмайды. Әлбетте, Аллаҳ – Кеширимли, Рейимли.

183. Ҳәй ийман келтиргенлер! Сизлерден алдынғыларға парыз қылынғанындай[89] сизлерге де ораза парыз етилди. Қәнекей, тақўалы болсаңыз.

184. Санаўлы күнлерде[90]. Сизлерден ким кесел болса ямаса сапарда болса, онда, оның есабы (ораза тутыўы) басқа күнлерден. Оны қыйналып тутатуғынлардың мойнында бир мискинниң (бир күнлик) аўқаты фидя болады. Ким өз қәлеўи менен артықша жақсылық етсе (лазым болғанынан артықша фидя берсе), өзи ушын жақсы. Егер билсеңиз, ораза тутыўыңыз (фидя берип, тутпағаныңыздан) жақсырақ[91].

185. Рамазан айы, адамларға ҳидаят, туўры жол ҳәм (ҳақ пенен наҳақты) ажыратыўшы[92] ҳүжжетлерден ибарат Қуран нәзил етилген (ай). Енди сизлерден ким ол айға жетсе, ораза тутсын. Ким кесел ямаса сапарда болса, онда, (тута алмаған күнлериниң) есабы басқа күнлерден. Аллаҳ сизлерге жеңилликти қәлейди, сизлерге қыйыншылықты қәлемейди. (Бул) – есапты кәмил қылыўыңыз ҳәм сизлерди ҳидаятқа баслағаны ушын Аллаҳты уллылаўыңыз ушын. Қәнекей, шүкир қылсаңыз.

186. Егер бенделерим сеннен Мен ҳаққымда сораса, (онда оларға мениң мына сөзимди жеткизиң): Мен, әлбетте, жақынман. Дуўа қылыўшының дуўасын қабыл етемен. Солай екен, олар да Мениң (буйрықларымды) қабыл етсин ҳәм ийман келтирсин. Қәне еди, олар туўры жолды тапса[93].

187. Сизлерге оразаның түнлеринде ҳаялларыңызға жақынлық қылыў ҳадал қылынды[94]. Олар сизлерге кийим, сизлер де оларға кийимсиз. Сизлер өзлериңизге қыянет ислеп атырғаныңызды Аллаҳ билди ҳәм тәўбелериңизди қабыл етип, сизлерди әпиў етти. Енди оларға (оразаның түнлеринде) жақынласа бериң ҳәм Аллаҳ сизлерге жазған нәрсени талап етиң! Таңда ақ жип қара жиптен ажыралғанша ишип жең. Соң оразаны түнге шекем (Қуяш батқанша) кәмил тутың. Мешитлерде итикафта болған ўақтыңызда жақынлық қылмаң![95] Булар Аллаҳтың шегаралары, оған жақынласпаң. Аллаҳ адамларға Өзиниң аятларын усылай баян етеди. Қәнекей, олар тақўа қылса.

188. Бир-бириңиздиң мал-дүньяларыңызды наҳақ жол менен жемең. Билип турып адамлардың мал-дүньясынан гүна жолы менен бир бөлегин жеў (өзлестириў) мақсетинде ҳәкимлерге (ҳүким шығарыўшыларға) оннан бермең![96]

189. Сеннен таза айлар ҳаққында сорайды. «Ол адамларға (жыл есабы) ҳәм ҳаж (ибадаты) ушын ўақыт өлшеми», – деп айт[97]. Үйлериңиздиң арқасынан кириўиңиз жақсылық емес, ал жақсылық – тақўа қылған адам(ның жақсылығы). Үйлерге есиклерден кириң. Аллаҳға тақўа қылың! Қәнекей, утысқа ериссеңиз.

190. Сизлерге қарсы урысып атырғанлар менен Аллаҳтың жолында урысың, (бирақ урыс барысында да) ҳәдден аспаң. Әлбетте, Аллаҳ ҳәдден асқанларды жақсы көрмейди[98].

191. Оларды (Мәккә мушриклерин) тапқан жериңизде өлтириң. Сизлерди шығарған жерден (Мәккәдан) сизлер де оларды шығарың! Фитна (алаўызлық) өлтириўден де жаманырақ. «Масжидул Ҳарам» алдында сизлерге қарсы (биринши болып) урыспағанша, сизлер де урыспаң! Егер урысты (Ҳарамда[99]) басласа, онда оларды өлтириң! Кәпирлердиң жазасы усындай.

192. Егер олар тоқтаса, әлбетте, Аллаҳ – Кеширимли, Рейимли.

193. Фитна жоғалып, дин Аллаҳ ушын болғанша олар менен урысың! Егер (урыстан) тоқтаса, онда залымлардан басқаларға душпанлық (Исламда) жоқ.

194. (Урыс) қадаған етилген ай – (урыс) қадаған етилген ай менен (усы айларда урысса, онда сизлер де урысың), (аяқ асты қылынған) ҳүрметлердиң (жазасы) – өш алыў[100]. Ким сизлерге ҳүжим қылса, сизлерге ҳүжим қылғанындай дәрежеде сизлер де оған ҳүжим қылың! Аллаҳға тақўа қылың ҳәм билиң, әлбетте, Аллаҳ тақўалылар менен бирге.

195. Аллаҳтың жолында (байлықларыңыздан) напақа қылың! Өз қолларыңыз бенен (өзлериңизди) өлтирмең. Жақсылық етиң, әлбетте, Аллаҳ жақсылық етиўшилерди жақсы көреди.

196. Ҳаж ҳәм умраны Аллаҳ ушын кәмил атқарың. Егер (кеселлигиңиз ушын ямаса қарақшылар себебинен) қоршаўда қалсаңыз, қурбыңыз жеткенинше қурбанлық қылың! (Сол) қурбанлық өзиниң (сойылатуғын) орнына бармағанша, шашларыңызды алдырмаң. Сизлерден ким аўырса ямаса басларыңызда (бит ямаса басқа бир) дәрт болса, (шашларын ўақтынан ертелеў алдырыўы мүмкин, бирақ бундай қылғаны ушын) ораза тутыў ямаса садақа бериў яки қурбанлық қылыў менен фидясын төлейди. Егер (қоршаўға түсиўден) аманда болғаныңыздан кейин, ким ҳажға (ўақтына) шекем умра қылыўы менен таматтуъ қылса (иҳрамнан ўақтынша шығып алса), онда, олар қолайлы болған қурбанлықты қылсын. Ким (буған имканият) таба алмаса, үш күн ҳажда, жети күн қайтқаныңыздан кейин ораза (тутсын) – ҳәммеси толық он күн. Бул «Масжидул Ҳарам»да жасамайтуғынлар ушын. Аллаҳға тақўа қылың ҳәм билиң, әлбетте, Аллаҳтың азабы қатты.

197. Ҳаж белгиленген айлар[101]. Ким оларда (ҳаж айларында) өзине ҳажды парыз қылса (ҳажды нийет қылса), онда (билип қойсын) ҳажда ҳаялына жақынлық қылыў, гүна ислер ҳәм жәнжел (сыяқлы ислерге руқсат) жоқ. Ҳәр қандай жақсы ис (саўап) қылсаңыз, әлбетте, Аллаҳ оны биледи. (Ҳаж сапарына) азық алып шығың[102]. Ең жақсы азық – тақўа. Меннен қорқың, ҳәй ақыл ийелери!

198. Сизлерге өз Рәббиңизден кеңшилик тилеўиңизде гүна жоқ. Арафаттан қайтып түскениңизде, Аллаҳты Машъарул Ҳарамда (Муздалифада талбия, таҳлил, тәкбир, сана айтыў менен) зикир етиң! Ол сизлерди алдын адасқанлардан болсаңыз да, ҳидаятқа баслағаны киби сизлер де Оны зикир етиң!

199. Соң адамлар түскен жерден (Арафаттан) түсиң[103] ҳәм Аллаҳға истиғфар айтың. Әлбетте, Аллаҳ – Кеширимли, Рейимли.

200. Ибадатларыңызды қылып болғаныңыздан кейин, Аллаҳты ата-бабаларыңызды еслегениңиздей, ҳәттеки оннан да көбирек еслең! Адамлардан айырымлары: «Рәббимиз, бизлерге бул дүньяда бер», – дейди. Оған ақыретте несийбе жоқ[104].

201. Олардан айырымлары: «Рәббимиз, бизлерге бул дүньяда да жақсылықты, ақыретте де жақсылықты бер ҳәм бизлерди дозақ оты азабынан сақла», – дейди[105].

202. Соларға қылған ислеринен несийбе (саўап) бар. Аллаҳ – тез есап-санақ қылыўшы[106].

203. Аллаҳты санаўлы күнлерде (көбирек) зикир етиң![107] Ким еки күнде асықса, (ҳаж ислерин таўысып кетип қалса), оған гүна жоқ. Ким (үшинши күнге шекем) кешиксе, оған да гүна жоқ (бул) тақўалылар ушын. Аллаҳға тақўа қылың ҳәм билип қойың, сизлер, әлбетте, (қыяметте) Оның алдында топланасыз.

204. Адамлар арасында дүнья өмири ҳаққындағы гәпи сени ҳайран қалдыратуғынлары [108] да бар. Өзи (Ислам динине) қатты душпан болып турып, қәлбиндеги нәрсеге Аллаҳты гүўа қылады.

205. (Олар алдыңыздан) бурылып кеткенде, Жер бетинде бузғыншылық ушын, егин ҳәм нәсилди жоқ қылыў ушын ҳәрекет етеди. Аллаҳ бузғыншылықты жақсы көрмейди*.

206. Егер оған: «Аллаҳтан қорқың», – делинсе, оны тәкаббырлығы гүна ислерге баслайды. Жәҳәннем оған жетерли. Буншелли жаман орын![109]

207 Адамлар арасында Аллаҳтың разылығы ушын жанын беретуғынлары да бар[110]. Аллаҳ – бенделерге меҳрибан.

208. Ҳәй ийман келтиргенлер! Исламға толық кириң ҳәм шайтанның изине ермең. Әлбетте, ол сизлерге анық душпан.

209. Егер сизлерге ҳүжжетлер келгенинен кейин де алжассаңыз, онда билиң, әлбетте, Аллаҳ – Қүдиретли, Ҳикметли.

210. Олар (ҳақты тән алмайтуғынлар) Аллаҳ[111] ҳәм периштелер саялы бултлардың астында келиўин ҳәм истиң таўсылыўын (қыяметти) күтип атыр ма?! (Ол күни) ҳәмме ислер Аллаҳға қайтады.

211. Исрайыл әўладынан оларға қанша анық мөжизаларды бергенимизди сора. Ким өзине Аллаҳтың неъматы келгенинен кейин, оны өзгертсе (нашүкирлик қылса), әлбетте, Аллаҳтың жазасы қатты.

212. Күпир келтиргенлерге бул дүнья өмири зийнетленип қойылды. Олар ийман келтиргенлерди масқара қылады. Ал, қыямет күни тақўа қылғанлар олардан үстин болады. Аллаҳ қәлегенине есапсыз ырысқы береди.

213. Адамлар бир миллет еди (бир динде, яғный Исламда еди)[112]. Кейин, (олар бузылып кеткеннен соң) Аллаҳ хош хабар бериўши ҳәм ескертиўши нәбийлерди жиберди[113]. Және адамлар өз ара келисе алмаған нәрселеринде ҳүким шығарыў ушын олар менен бирге Китапты да ҳақ пенен нәзил етти. Ол ҳаққында анық ҳүжжетлер келгенинен кейин, усы (китап) берилгенлердиң өзлери ғана ҳәдден асып тартысты. Аллаҳ ийман келтиргенлерди олар тартысқан нәрселерден Өз руқсаты менен ҳидаятқа баслады. Аллаҳ қәлегенин туўры жолға баслайды.

214. Ямаса (ҳәй мөминлер) алдын өткенлерге келген нәрсе, сизлерге келмей турып жәннетке (аңсат ғана) киремиз, деп ойладыңыз ба? Оларды бәле ҳәм мүсийбетлер услаған ҳәм сондай ләрзеге түскен еди, ҳәтте Пайғамбар ҳәм оның қасындағы ийман келтиргенлер: «Аллаҳтың жәрдеми қашан болады?» ­– деген[114]. Еслериңизде болсын, әлбетте, Аллаҳтың жәрдеми жақын.

215. Сеннен (ҳәй Муҳаммад!) не затты (Аллаҳ таала жолында) напақа қылыўды сорайды. Сен: «Жақсылықтан не нәрсени напақа қылсаңыз, оны ата-аналарға, ағайинлерге, жетимлерге, мискинлерге ҳәм жолаўшыларға қылың! Қандай жақсылық еткен болсаңыз, әлбетте, Аллаҳ – оны билиўши», – деп айт.

216. Сизлерге жақпаса да, сизлер ушын (душпан менен) урыс қылыў парыз етилди. Бәлким, жақтырмаған нәрселериңиз сизлер ушын (негизинде) жақсы, жақтырған нәрселериңиз сизлер ушын (негизинде) жаман болып шығар. Аллаҳ биледи, сизлер билмейсиз.

217. Сеннен ҳарам айында урыс қылыў (ҳүкими) ҳаққында сорайды[115]. Сен: «Онда урыс қылыў – үлкен гүна. (Лекин адамларды) Аллаҳтың жолынан тосыў, Оған күпир келтириў, «Масжидул Ҳарам»нан (ҳажыларды) тосыў, оның халқын оннан шығарыў – Аллаҳтың алдында (олардан да) үлкенирек гүна. Фитна (алаўызлық адам) өлтириўден де үлкенирек (гүна)», – деп айт. Олар бар имканияты менен, сизлерди диниңизден қайтармағанша сизлерге қарсы урыс қыла береди. Сизлерден ким дининен қайтып, кәпир ҳалында өлип кетсе, олардың ислеген ислери дүнья ҳәм ақыретте бийкар кетеди. Әне солар – дозақ ийелери. Олар – ол жерде мәңги қалыўшы.

218. Әлбетте, ийман келтиргенлер, (Мәккәдан Мадинаға) ҳижрат қылғанлар ҳәм Аллаҳтың (ибадаты) жолында тырысқанлар – әне солар Аллаҳтың мийирманлығын үмит қылады. Аллаҳ – Кеширимли, Рейимли.

219. Сеннен хамр (мәс қылыўшы ишимликлер) ҳәм қумар ҳаққында сорайды. Сен: «Екеўинде үлкен гүна ҳәм адамлар ушын (айырым) пайдалар бар. Екеўиниң гүналары пайдасынан үлкен»[116], – деп айт. Сеннен не затты (Аллаҳ таала жолында) сарплаўды сорайды. Сен: «(Өзиңизден) артқанын»,[117] – деп айт. Аллаҳ усылай етип сизлерге Өз аятларын баян етеди. Қәнекей, пикир жүритсеңиз

220. бул дүнья ҳәм ақырет ҳаққында. Сеннен жетимлер ҳаққында сорайды. Сен: «Оларды дүзетиў жақсы. Егер олардың (мал-дүньяларын өзлериңиздиң мал-дүньяларыңызға) араластырып жиберсеңиз (зыяны жоқ), себеби, олар сизлердиң ағайинлериңиз. Аллаҳ бузғыншыны да, дүзетиўшини де биледи. Егер Аллаҳ қәлесе, сизлерди қыйыншылыққа салады. Әлбетте, Аллаҳ – Қүдиретли, Ҳикметли», – деп айт [118].

221. Мушрик ҳаялларды ийман келтирмегенше некеңизге алмаң. Мушрик ҳаяллар сизлерге унаса да, әлбетте, олардан көре ийман келтирген шоры ҳаяллар жақсырақ. Мушриклер де ийман келтирмегенше, (мөмин қызларды) оларға некелеп бермең. Мушриклер сизлерге унаса да, әлбетте, олардан көре ийман келтирген қул жақсырақ. Олар дозаққа шақырады. Аллаҳ Өз қәлеўи менен жәннетке ҳәм мағфиратқа шақырады ҳәм де адамларға Өз аятларын баян етеди. Қәнекей, еске алсаңыз.

222. Сеннен ҳайыз ҳаққында сорайды. Сен: «Ол (еркек ҳәм ҳаял ушын) жағымсыз нәрсе[119]. Ҳайыз ўақтында ҳаялларыңыздан аўлақ болың. Оларға пәк болмағанша жақынласпаң. Егер пәкленсе, оларға Аллаҳ буйырғанындай барың (жақынлық қыла бериң). Әлбетте, (усыған шекем билмей жол қойған қәтелеринен) шын тәўбе қылыўшыларды Аллаҳ жақсы көреди ҳәм пәклениўшилерди де жақсы көреди», – деп айт.

223. Ҳаялларыңыз – атызларыңыз. Солай екен, атызларыңызға қәлеген тәрептен барың. Өзлериңиз ушын (саўаплы ислерди) таярлаң. Аллаҳға тақўа қылың! Билиң, сизлер әлбетте, оған жолығыўшысыз[120]. (Ҳәй Муҳаммад) мөминлерге хош хабар бер!

224. Ийгиликли ис қылыўыңыз, тақўа қылыўыңыз ҳәм адамлардың арасын жарастырыўыңыз ушын ишкен антларыңызға Аллаҳты келтире бермең![121] Аллаҳ – Еситиўши, Билиўши.

225. Аллаҳ сизлерди (тиллериңиз ушында айтқан) бийҳуўда антларыңыз ушын жуўапкер қылмайды. Бирақ, қәлбиңиз бенен қылған нәрсе (антыңыз) ушын жуўапкер қылады. Аллаҳ – Кеширимли, Ҳалийм.

226. Ҳаялларынан ийла қылғанлар ушын күтиў төрт ай. Егер (усы мүддет ишинде антынан) қайтса (дурыс болады), Аллаҳ – Кеширимли, Рейимли[122].

227. Егер талақты кеўлине түйсе, (буны да), әлбетте, Аллаҳ – Еситиўши, Билиўши.

228. Талақ қылынған ҳаяллар үш қуруъ күтеди. Егер олар Аллаҳға ҳәм қыямет күнине ийман келтирген болса, жатырында Аллаҳ жаратқан нәрсени жасырыўы ҳадал (ис) емес. Егер күйеўлери жарасыўды қәлесе, усы мүддет ишинде оларды қайтарып алыўға ҳақылы[123]. Жақсылық пенен ҳаяллардың ўазыйпасы болғанындай және ҳақлары да бар. Еркеклерде олардан бир дәреже үстинлик бар[124]. Аллаҳ – Қүдиретли, Ҳикметли.

229. Талақ еки мәрте болады. Соң, (шаңарақты) жақсылық пенен услап қалыў ямаса шырайлы көринисте жибериў (керек). Оларға берген нәрсе (мәҳр)лериңизден бир нәрсени (қайтарып) алыўыңыз сизлерге ҳадал емес, тек екеўи Аллаҳтың шегараларында тура алмаўдан қорықса (онда, болады). Егер (ол) екеўи (ерли-зайып) Аллаҳтың шегараларында тура алмаўынан қорықсаңыз, (ҳаял күйеўинен талақ алыў нийетинде бир) нәрсе бериўинде (ҳәм күйеўи буны алыўында) ол екеўи ушын гүна жоқ[125]. Булар – Аллаҳтың шегаралары. Солай екен, олар (шегаралар)дан шықпаң. Ким Аллаҳтың шегараларынан шықса, онда, әне солар – залымлар.

230. Егер оны (үшинши мәрте) талақ қылса, буннан кейин ол ҳаял, басқа еркекке тийип[126] (оннан да ажыраспағанша), оған ҳадал бол­майды. Егер ол да талақ қылса, (қарап көриледи) егер Аллаҳтың шегараларында турыўға исенсе, онда бир-бирине қайтса, гүна болмайды. Усылар Аллаҳтың (белгилеп қойған) шегарасы болып, билетуғын адамлар ушын (Аллаҳ) оларды (сизлерге) баян етеди.

231. Ҳаялларды талақ қылғаныңызда, мүддети таўсылса, онда оларды жақсылық пенен услап қалың ямаса шырайлы көринисте жибериң. Оларға зулым қылып, зыян бериў нийетинде услап турмаң! Ким сондай қылса, демек, өзине зулым қылыпты. Аллаҳтың аятларын ҳәзил, деп ойламаң! Аллаҳтың сизлерге берген неъматын, нәсият сыпатында нәзил еткен Китап ҳәм Ҳикметти[127] ядыңызда тутың. Аллаҳтан қорқың ҳәм билиң, әлбетте, Аллаҳ – ҳәмме нәрсени билиўши.

232. Ҳаялларды талақ қылғаныңызда, (идда) мүддети таўсылса, жақсылық пенен өз ара келискен болса, (ҳәй ата-аналар ҳәм ағайин-туўысқанлар,) күйеўлерине қайта некелениўлеринде оларға қыйыншылық қылмаң. (Бул гәплер) сизлерден Аллаҳға ҳәм ақырет күнине ий­ман келтиргенлерге нәсият ушын айтылып атыр. Усындай етиўиңиз сизлер ушын гирбиңсиз ҳәм пәк (ҳүким). Аллаҳ биледи, сизлер билмейсиз.

233. Аналар балаларын толық еки жыл емизеди[128]. (Бул мүддет) емизиўди кәмилине жеткизиўди қәлеўшилер ушын. Оларды (аналарды) жақсылық пенен жедириў ҳәм кийиндириў әкениң (баланың әкесиниң) мойнында. Ҳеш бир жанға тақатынан артық нәрсе жүкленбейди. Ана да, әке де баласы себебинен зыян көрмесин. Мийрасхорға да сондай (напақа жуўапкершилиги бар)[129]. Егер өз ара ырза болып, мәсләҳәтлесип, сүттен шығарыўды қәлесе, екеўине гүна жоқ. Егер перзентлериңизди (басқа ҳаялға) емиздириўди қәлесеңиз, оларға беретуғыныңызды (оның ҳақысын) жақсылап төлесеңиз, гүна болмайды. Аллаҳға тақўа қылың ҳәм билиң, әлбетте, Аллаҳ ислеп атырған ислериңизди көрип турыўшы.

234. Сизлерден (ким) қайтыс болып, жубайларын (жесир) қалдырған болса, (олардың ҳаяллары) өзлерин төрт ай он күн (иддасын) күтеди. (Идда) мүддетлери питкенде, олар өзлери (турмысы) ҳаққында жақсылық пенен қылған ислеринде сизлерге гүна жоқ[130]. Аллаҳ ислеп атырған ислериңизден хабардар.

235. (Жесир) ҳаялларға саўшылықты ишара менен (усыныс) қылыўыңыз ямаса оны ишиңизде сақлаўыңызда сизлер ушын гүна жоқ. Сизлер оларды еслеўиңизди Аллаҳ биледи. Бирақ, олар менен жасырын ўәделеспең![131] (Оларға) тек жақсы сөз айтыўыңыз (мүмкин). Жазыў (идда) өз мүддетине жетпегенше, неке байлаўды кеўлиңизге түймең. Билип қойың, Аллаҳ ишиңиздегини, әлбетте, биледи. Солай екен, Оннан (азабынан) абайлы болың. Билип қойың, әлбетте, Аллаҳ – Кеширимли, Ҳалийм.

236. Егер ҳаялларыңызды жақынлық қылмай турып ямаса оларға мәҳрди[132] белгилемей турып талақ қылсаңыз, сизлерге гүна болмайды. Оларды бай адам да өз ҳалына қарап, жарлы да өз ҳалына қарап жақсылық пенен тәмийинлесин. Бул – жақсылық етиўшилердиң үстиндеги миннет.

237. Егер оларға жақынлық қылмай турып талақ қылсаңыз ҳәм мәҳрди белгилеп қойған болсаңыз, онда белгиленгенниң ярымы (мойынларыңызда), тек ҳаял (усы өзине белгиленген ярымын алмайман, деп кешип жиберсе) ямаса неке келисими қолында болған адам (яғный күйеўи, ярымын емес ҳәммесин беремен деп, өзиндеги ярымынан) кешип жиберсе (ҳәм толық қылып төлесе, дурыс болады). Кешип жибериўиңиз тақўаға жақынырақ. Араларыңыздағы мүриўбетти умытпаң. Әлбетте, Аллаҳ – ислеп атырған ислериңизди көрип турыўшы.

238. (Бес ўақыт парыз қылынған) намазларды ҳәм (әсиресе) орта намазды сақлаң (ўақтында оқың)[133]. (Намаз оқып атырғанда) Аллаҳға бойсынған ҳалда турың!

239. Егер (душпанлардан) қәўипте қалсаңыз, жүрип ямаса көликте (намаз оқый бериң). Ал, (қәўиптен) қәтержам болғаныңызда билмеген нәрселериңизди сизлерге үйреткениндей етип, Аллаҳты зикир етиң (намаз оқың).

240. Сизлерден қайтыс болып жубайларын (жесир) қалдырғанлар ҳаялларына бир жылға шекем (күйеўиниң үйинен) шығарылмай тәмийнатын ўәсият етсин. Егер олар шықса, өзине тийисли (зийнет, пардоз ҳәм саўшыларға көриниў сыяқлы) дурыс болған ислерди ислеўде, сизлерге (күйеўиниң үйиндегилерге) гүна жоқ. Аллаҳ – Қүдиретли, Ҳикметли.

241. Талақ қылынған ҳаялларды жақсылап тәмийинлеў – тақўалылардың миннети[134].

242. Аллаҳ усылай етип сизлерге Өзиниң аятларын баян етеди. Қәнекей, ақыл жүритсеңиз.

243. Өлимнен қорқып елинен шыққан мыңлап адамлардың (хабарын) билмедиң бе?! Сол ўақытта, Аллаҳ оларға: «Өлиң», – деди. Кейин, оларды тирилтти[135]. Әлбетте, Аллаҳ – адамлар үстинен кеңшилик ийеси. Бирақ, көп адамлар шүкир етпейди.

244. Аллаҳтың жолында урысың ҳәм билиң, әлбетте, Аллаҳ – Еситиўши, Билиўши.

245. Аллаҳға «шырайлы қарыз» беретуғын (Оның жолында байлығын сарплайтуғын) ким бар?! Кейин, оған бергенин бир неше есе көп қылып қайтарады. Аллаҳ (ырысқыны) тар да, кең де қылады. Әлбетте, (сизлер) Оған ғана қайтасыз.

246. Муўсадан кейинги Исрайыл әўладынан болған төрелерди көрмедиң бе?! Олар өзлериниң пайғамбарына: «Бизлерге бир патша жибер, Аллаҳтың жолында урыс қылайық», – деди [136]. Ол: «Егер сизлерге урыс парыз қылынса, бәлким урыспайтуғын шығарсыз?!» – деди (пайғамбар). Олар: «Үлкемизден ҳәм балаларымыздан айырылып турыппыз ғой, неге Аллаҳтың жолында урыспайды екенбиз?» – деди. Ал, урыс парыз қылынғанда олардың азшылығынан басқалары (урысқа шығыўдан) бас тартты. Аллаҳ – зулым қылыўшыларды билиўши.

247. Пайғамбары оларға: «Әлбетте, Аллаҳ Талутты сизлерге патша[137] қылып жиберди», – деди. Олар: «Бизлердиң үстимизден оның қаяқтан патшалығы болсын. Оннан көре бизлер патшалыққа ҳақылымыз. Қалаберсе, оған көп мал-дүнья да берилмеген», – деди. Ол: «Әлбетте, оны Аллаҳтың Өзи сизлерге таңлап, оған илим ҳәм дене қуўатында кеңликти зыя­да қылды. Аллаҳ патшалықты кимге қәлесе, соған береди. Аллаҳ – кең (қамтып алыўшы), Билиўши», – деди.

248. Пайғамбары оларға: «Әлбетте, оның патшалығының белгиси сизлерге Рәббиңизден сандық келиўи, оның ишинде тынышлық[138] Муўса ҳәм Ҳарун шаңарағынан қалған қалдықлар болып, оны периштелер көтерип келеди. Егер мөмин болсаңыз, шубҳасыз, бунда сизлер ушын белги бар», – деди.

249. Талут ләшкер менен шыққанда: «Әлбетте, Аллаҳ сизлерди дәрья менен сынап көриўши, ким оннан ишсе, ол меннен емес, ким оны ишпесе, ол, әлбетте, меннен. Тек қолы менен бир қосуўыс алса, (болады)», – деди. Азшылықтан басқа (ҳәммеси) ишти. Ол (Талут) ҳәм оның менен бирге ийман келтиргенлер оннан (дәрьядан) өткенинде, (әскерлер): «Бүгин бизлерде Жалут ҳәм оның ләшкери менен урыс қылыўға тақат жоқ», – деди. (Сонда) Аллаҳға (қыямет күни) жүзбе-жүз болыўына исенгенлер: «Қаншадан-қанша аз санлы топарлар Аллаҳтың қәлеўи менен көп санлы топарлар үстинен жеңиске ерискен. Аллаҳ сабырлылар менен бирге», – деди.

250. Жалут ҳәм оның ләшкерине жолыққанында: «Рәббимиз, бизлерге сабыр-тақат бер, қәдемлеримизди беккем қыл ҳәм кәпир қәўимлерге қарсы жәрдем бер», – деди.

251. Кейин, Аллаҳтың қәлеўи менен оларды жеңди ҳәм Даўыт[139] Жалутты өлтирди. Соң, Аллаҳ оған патшалық ҳәм ҳикметти берип, Өзи қәлеген нәрсесин үйретти. Егер Аллаҳ адамлардың базыларын базылары менен жоқ қылып турмаса, Жер бети бузылады. Бирақ, Аллаҳ – әлемлер үстинен кеңшилик ийеси[140].

252. Булар – Аллаҳтың аятлары. Оларды саған (ҳәй Муҳаммад) ҳақыйқый рәўиште тиләўат қылып атырмыз. Сен, әлбетте, Пайғамбарлардансаң.

253. Булар – Пайғамбарлар, олардың базыларын базыларынан абзал қылдық. Олардан (Муўса киби) Аллаҳ (оның менен) сөйлескени де, (Муҳаммад киби) айырымларының дәрежесин (басқа пайғамбарлардан) көтергени де бар. Мәрьямның баласы Ийсаға мөжизаларды бердик ҳәм оны муқаддес руўх пенен қолладық. Егер Аллаҳ қәлегенде, олардан кейин қалғанлар өзлерине анық мөжизалар келгенинен кейин урыспас еди. Бирақ, тартысты. Олардан ийман келтиргенлери де, кәпир болғанлары да бар. Егер Аллаҳ қәлегенде, (олар) урыспас еди. Бирақ, Аллаҳ Өзи қәлеген исти қылады.

254. Ҳәй ийман келтиргенлер! Сизлерге ырысқы етип берген нәрселеримизден саўда-сатық та, дос-яранлық та, шәпәәт (етиў) те болмайтуғын Күн келиўинен алдын напақа қылың! Ал, кәпирлер, олар – (өзине) зулым қылыўшы.

255. Аллаҳ – Оннан басқа илаҳ жоқ. Ол тири ҳәм мәңги турыўшы. Ол (ҳеш) мүлгимейди ҳәм уйқыламайды. Аспанлар ҳәм Жердеги нәрселер Оныки. Оның алдында Өзиниң руқсатысыз ҳеш ким (ҳеш кимди) шәпәәт қыла алмайды. (Аллаҳ) олардың алдындағы нәрсени де, артындағы нәрсени де биледи. (Адамлар) Оның илиминен тек (Аллаҳ) Өзи қәлеген муғдарындағы нәрсени ғана биле алады. Оның Курсийси[141] аспанлар ҳәм Жерди де өз ишине сыйдыра алады. Ол екеўин қорғаў Оны (Аллаҳты) талықтырмайды. Ол – ең жоқары, Уллы.

256. Динде мәжбүрлеў жоқ[142]. Ҳақыйқатында да, туўры жол қәте жолдан ажыралды. Ким шайтанға күпир келтирип, Аллаҳға ийман келтирсе, анық, үзилмейтуғын беккем тутқышты услапты. Аллаҳ – Еситиўши, Билиўши.

257. Аллаҳ – ийман келтиргенлердиң досты. Оларды қараңғылықлардан нурға шығарады. Күпир келтиргенлердиң дослары – шайтанлар. Оларды нурдан қаранғылықларға шығарады. Әне солар – дозақ ийелери. Олар – ол жерде мәңги қалыўшы.

258. Аллаҳ патшалық бергенин (көтере алмай) Ибраҳим менен Рәббиси ҳаққында тартысқан адамды (Намрудты) көрмедиң бе?! Ибраҳим: «Мениң Рәббим тирилтеди де, өлтиреди де», – дегенинде, ол: «Мен (де) тирилтемен ҳәм өлтиремен», – деди[143]. Ибраҳим: «Әлбетте, Аллаҳ Қуяшты Шығыстан шығарады, енди сен оны Батыстан шығар», – деди. Сонда, (сол) күпир келтирген лал қалды. Аллаҳ залым қәўимлерди ҳидаятқа басламайды.

259. Ямаса төбелери үстине қулаған аўылдан өткен адамға (Узайрға) уқсасты көрмедиң бе?! Ол: «Аллаҳ бул қарабақанаға айланған (аўыл халқын) қалай тирилтеди?» – деди[144]. Кейин, Аллаҳ оны (Узайрды) жүз жыл (мүддетке) өлтирди, соң, оны қайта тирилтип: «Қанша (мүддет өли ҳалда) турдың?» – деди. Ол: «Бир күн ямаса бир күннен азлаў жаттым», – деди. «Яқ, жүз жыл жаттың, аўқатыңа ҳәм ишимлигиңе қара, өзгермеген. Ешегиңе (де) қара. Сени адамларға үлги етиў ушын усылай еттик. Сүйеклерге қара, оларды қалай тиклеп, соң оларды қалай гөш пенен қаплаўымызды көр», – деди. Оған (бул ислер) анық болғанында: «Әлбетте, Аллаҳ ҳәр бир нәрсеге қәдир екенлигин билдим», – деди.

260. Есле (ҳәй Муҳаммад!) Ибраҳим: «Я Рәббим, маған өлилерди қалай тирилтиўиңди көрсет», – дегенде, (Аллаҳ): «Исенбейсең бе?» – деди[145]. Ол: «Яқ (исенемен), бирақ қәлбим (еле де) тынышланыўы ушын», – деди. (Аллаҳ): «Төрт қусты ал,[146] кейин өзиңе тарт, (кесип майдала) соң, ҳәр бир таўға олардың бөлеклеринен қой, кейин оларды өзиңе шақыр, (олар тирилип) тез алдыңа (жетип) келеди», – деди. Бил, әлбетте, Аллаҳ – Қүдиретли, Ҳикметли.

261. Мал-дүньяларын Аллаҳтың жолында сарплайтуғынлар (саўабы) мисли бир дана дәнге уқсайды[147], оннан жети масақ өсип шығады, ҳәр масақта жүз дән бар. Аллаҳ қәлегенине, және көбейтип береди. Аллаҳ – Кең (қамтып алыўшы), Билиўши.

262. Аллаҳтың жолында мал-дүньяларын сарплап, соң сарплаўы изинен миннет қылмай ҳәм зыян бермейтуғынлардың саўаплары Рәббиси алдында. Оларға қәўип жоқ ҳәм олар қапа да болмайды.

263. (Садақа бермей) жақсы сөз (айтыў) ҳәм (садақа бере алмағаны ушын) кеширим (сораў), изинен зыян келетуғын садақадан жақсы. Аллаҳ Бийқәжет, Ҳалийм.

264. Ҳәй ийман келтиргенлер! Аллаҳға ҳәм ақырет күнине ийман келтирмесе де, адамлар көрсин деп мал-дүньясын напақа қылатуғын (адам)ға уқсап, садақаларыңызды миннет ҳәм зыян бериў менен жоққа шығармаң![148] Ол (көзабаға садақа беретуғын адам) үстин топырақ қаплаған сыйпақ тасқа уқсайды: күшли жаўын жаўса, (топырақ жуўылып) сыйпақ тас болып қалады. Олар тапқан (ҳәм сарплаған) байлықларынан ҳеш нәрсеге ийе бола алмайды. Аллаҳ кәпир қәўимлерди ҳидаятқа басламайды.

265. Мал-дүньяларын Аллаҳтың разылығын қәлеп, өзлериндеги исеним менен сарплайтуғынлар төбеликтеги бағқа уқсайды. Оған нөсер жаўын жаўса, мийўесин еки есе береди. Егер нөсер жаўын жаўмаса, майдалап жаўғаны да (өзине жараса өндиреди). Аллаҳ – ислеп атырған ислериңизди көрип турыўшы.

266. Сизлерден бириңиз астынан дәрьялар ағып турған қурмазар ҳәм жүзимзар, түрли мийўели бағлар ийеси, қартайып, күшсиз зүряды бар ўақтында оған (бағына) отлы боран келип, жанып кетиўин қәлей ме?! Аллаҳ сизлерге усылай Өз аятларын баян етеди, қәнекей пикир жүритсеңиз[149].

267. Ҳәй ийман келтиргенлер! Кәсип қылған пәк нәрселериңизден ҳәм Биз сизлерге жерден шығарып берген нәрселеримизден напақа қылың! Өзлериңиз тек көзлериңизди жумып ғана алатуғын дәрежедеги жаман нәрселерди (садақа қылыўға) таңламаң. Билиң, әлбетте, Аллаҳ – Бай, Мақталған[150].

268. Шайтан сизлерди (садақа қылсаңыз) жарлы болып қалыўдан қорқытады ҳәм бузықшылыққа буйырады. Аллаҳ сизлерге Өзинен мағфират (кеширим бериў) ҳәм кеңшиликти ўәде етеди. Аллаҳ – Кең (қамтып алыўшы), Билиўши.

269. Ол Өзи қәлеген адамға, ҳикметти береди. Кимге ҳикмет берилсе, оған көп жақсылық берилген болады. Тек ақыл ийелери ғана еслетпе алады.

270. Қылған ҳәр бир напақаларыңызды ямаса ҳәр бир нәзрлериңизди Аллаҳ, әлбетте, биледи. (Тири ўақтында мал-дүньясынан напақа ҳәм садақа қылмай өзине) зулым қылғанларға жәрдем бериўшилер жоқ.

271. Садақаны ашықтан-ашық қылсаңыз, жүдә жақсы. Егер жасырын қылсаңыз ҳәм жарлыларға берсеңиз, бул өзлериңиз ушын (және де) жақсы[151] ҳәм ол сизлерден гүналарыңызды жуўады. Аллаҳ ислеп атырған ислериңизден хабардар.

272. Оларды ҳидаят қылыў сениң мойныңда емес. Ал, Аллаҳ (Өзи) қәлеген адамды ҳидаятқа баслайды[152]. Напақа қылған жақсылықларыңыз өзлериңиз ушын. Қылған напақаңыз тек Аллаҳтың жүзин (разылығын) қәлеў ушын (болсын). Қылған ҳәр бир напақаңыздың (саўабы) сизлерге зулым қылынбай, кәмил ҳалда қайтарылады.

273. (Садақа ҳәм напақалар) Аллаҳтың жолында тосылған, Жер бетинде кәсип қылыўға қәдир болмаған, ар-намысы (тартыншақлығы) себепли надан адам оны бай деп ойлайтуғын жарлылар ушын[153]. Оларды сыртқы көринисиндеги белгилеринен таныйсаң, адамлардан қатты турып алып сорамайды. Напақа қылған жақсылықларыңызды Аллаҳ, әлбетте, билип турыўшы.

274. Мал-дүньяларын күни-түни жасырын ҳәм ашықтан-ашық напақа қылатуғын адамлар ушын Рәббиси алдында (арнаўлы) сыйлығы бар. Оларға қәўип жоқ ҳәм олар қапа да болмайды.

275. Сүтхорлар[154] (қәбирлеринен) тек шайтан (жин) урғандай болып турады. Олардың бундай болыўы Аллаҳ саўданы ҳадал, сүтхорлықты ҳарам қылған[155] ҳалында, олардың, саўда да сүтхорлыққа уқсас, дегени ушын. Ким Рәббисинен нәсият келгенде (сүтхорлықтан) тоқтаса, алдын өткени өзине ҳәм оның иси Аллаҳға. Ким, және (сүтхорлыққа) қайтса, онда әне солар – дозақ ийелери. Олар ол жерде мәңги қалады.

276. Аллаҳ сүтхорлықтың (берекетин) жоқ қылады ҳәм садақалардың (берекетин) зыяда қылады. Аллаҳ ҳәр бир (сүтхорлықты ҳадал, деп билетуғын) кәпирди, (оны даўам еттириўши) гүнакарды жақтырмайды.

277. Әлбетте, ийман келтирген, ийгиликли ислерди қылған, намазды кәмил оқып, зәкат бергенлер ушын Рәббисиниң алдында сыйлығы бар. Оларға қәўип жоқ ҳәм олар қапа да болмайды.

278. Ҳәй ийман келтиргенлер! Егер мөмин болсаңыз, Аллаҳтан қорқың ҳәм сүтхорлықтың сарқытын да тәрк етиң!

279. Егер ондай қылмасаңыз, Аллаҳ ҳәм Оның Расулы тәрепинен (сизлерге) болатуғын урысқа (азапқа) исене бериң. Егер тәўбе қылсаңыз, мал-дүньяңыздың негизи өзиңизге. Зулым қылмайсыз ҳәм сизлерге де зулым қылынбайды.

280. Егер (қарызы бар адам) қыйналса, байығанша күтиў лазым. Егер билсеңиз (берген қарызыңызды қарыздарға) садақа қылыўыңыз, өзиңиз ушын жақсы.

281. (Ҳәммеңиз) Аллаҳға қайтарылатуғын күннен (қыяметтен) қорқың! Соң, ҳәр бир жан қылғанына жараса нәрсени (сыйлық ямаса жазаны) толық алады. Оларға (сыйлық ямаса жаза берилиўинде) зулым қылынбайды.

282. Ҳәй ийман келтиргенлер! Белгиленген мүддетке шекем бир-бириңизден қарыз алсаңыз, оны жазып қойың[156]! Араларыңызда бир жазыўшы әдалат пенен жазсын. Ҳеш бир жазыўшы Аллаҳ билдиргениндей қылып жазыўдан бас тартпасын. Солай екен, жазсын ҳәм ҳақ мойнына түскен адам айтып турсын, Рәббисине тақўа қылсын ҳәм оннан ҳеш нәрсени кемейтпесин. Егер ҳақ мойнына түскен адам ақылы жоқ, күшсиз (жас бала ямаса қартайып қалған адам) ямаса айтып тура алмайтуғын болса, оның қараўшысы әдалат пенен айтып турсын. Еркеклериңизден еки адамды гүўа қылың! Егер еки еркек болмаса, өзлериңиз ырза болатуғын гүўалардан бир еркек ҳәм еки ҳаял болсын. (Ҳаяллардан) екеўинен биреўи адасса, екиншиси есине салады. Шақырылған ўақытта гүўалар бас тартпасын. (Қарыз) кишкене болса да, үлкен болса да, мүддетине шекем жазыўға еринбең. Усындай етиўиңиз, Аллаҳтың алдында әдалатлырақ, гүўалыққа күшлирек ҳәм шубҳаланбаўыңыз ушын жақынырақ. Тек араларыңыздағы айланба нақ саўда болса, жазбаўыңызда сизлерге гүна жоқ. Өз ара саўда қылғанда да гүўа келтириң[157]. Жазыўшы да, гүўа да зыян көрмесин. Егер (усындай) қылсаңыз (зыян берсеңиз), әлбетте, бул сизлердиң фасықлығыңыз. Аллаҳтан қорқың! Аллаҳ сизлерге тәлим береди. Аллаҳ – ҳәр бир нәрсени билиўши.

283. Егер сапарда болсаңыз ҳәм жазыўшы табалмасаңыз, онда (қарыздың орнына) қолға алынатуғын гиреў[158] (бериң). Егер бир-бириңизге исенсеңиз, онда исенилген аманатты бежериң. (Адамлар) Аллаҳға – Рәббисине тақўа қылсын. Гүўалықты жасырмаң! Ким оны жасырса, демек, оның кеўли гүнакар. Аллаҳ – ислеп атырған ислериңизди билиўши.

284. Аспанлар ҳәм жердеги нәрселер – Аллаҳтики. Егер ишиңиздеги нәрселерди ашықтан-ашық қылсаңыз да, жасырсаңыз да, сизлерди Аллаҳ есап-санақ қылады [159]. Кейин (Аллаҳ) қәлегенин кеширеди, қәлегенин азаплайды. Ол – ҳәр бир нәрсеге қәдир.

285. Пайғамбар өзине Рәббисинен түсирилген нәрсеге ийман келтирди ҳәм мөминлер де (ийман келтирди). Аллаҳға, Оның периштелерине, китапларына, Пайғамбарларына ҳәмме ийман келтирди. Оның Пайғамбарларының ҳеш бирин ажыратпаймыз. «Еситтик ҳәм бойсындық, кеширимиңди сораймыз ҳәм қайтып баратуғын жер тек Сениң алдыңа», – деди.

286. Аллаҳ ҳеш бир жанға тақатынан артық нәрсени жүклемейди. Оның кәсип қылған (жақсылығы) да өзине, арттырған (жаманлығы) да өзине. (Және былай деди:) «Я Рәббимиз, егер умытсақ ямаса қәте қылсақ, (азапқа) тутпа! Я Рәббимиз, бизлерден алдынғыларға жүкленгенге уқсас аўырлықты бизлерге жүклеме! Я Рәббимиз, бизлерге тақатымыз жетпейтуғын нәрсени жүклеме! Бизлерди әпиў ет, кешир ҳәм рейим ет! Сен ийемизсең. Сонлықтан, кәпир қәўим­лерге қарсы бизлерге жеңис бер!»



[1] 1-аят. Әлиф, Ләәм, Мийм. Қуранда 29 сүре усындай өз алдына турған ҳәриплердиң аты менен басланады. Олар «Ҳуруфу муқаттоат», яғный «ажыратылған ҳәриплер» деп аталады. Бул ҳәриплерди аўдарыў ҳәм тәфсир етиў шәрият бойынша қадаған етилген. Олардың мәниси Аллаҳтың илимине қалдырылады. Бирақ, айырым муфассирлер жақсы нийетте оларға түсиник бериўге ҳәрекет етип те көрген.

[2] 3-аят. Әбиў Ҳанийфа (Имам Аъзам), Әбиў Мансур Матуридий ҳәм басқа сунний-ҳанафий мәзҳабында дөретиўшилик еткен уламалардың пикиринше ийманның рукни (шәрти) екеў – Пайғамбарымыз (а.с.) Аллаҳ таала тәрепинен келтирилген барлық хабарларды кеўил менен тастыйықлап, тил менен ықрар болыў. Ибадатлар ҳәм басқа қайырлы, саўаплы әмеллер ийманның қурамына кирмейди. Бирақ, айырым мужтаҳид алымлар ибадат ҳәм саўаплы ислер де ийманның қурамына киреди ҳәм үшинши рукн сыпатында белгиленеди, деп есаплайды.

Ийманның көбейип яки кемейип турыўы да усындай тартыслы мәселе есапланады. Ҳанафий-матуридий исеними бойынша, саўаплы ислер қаншелли көп исленсе, ийманның нуры яки қуўаты сонша артып барады. Керисинше, гүна-бузықлық ислер көп исленсе, ийманның қуўаты әззилеп, нуры гүңгиртленип барады (Мд.).

Саўаплы әмеллер жәннетке кириў ушын себеп бола алмайды, ал оған Аллаҳтың кеңшилиги ҳәм ийман себеп болады. Ал, әмеллер жәннетке киргеннен кейин берилетуғын дәреже ҳәм мәртебелерди белгилеў ушын хызмет атқарады. Айырым гүнакар мөминлер жазаға тартылса да, бирақ ийманларының шарапаты менен Аллаҳ белгилеген мүддеттен кейин азат етилип, жәннетке кириўи күтиледи.

[3] 5-аят. Бул ҳәм басқа аятларда Аллаҳ таала мөминлердиң сыпатларын баян етти. Енди ортадағы парық анық болыўы ушын кәпирлерди сыпатлаўға өтиледи.

[4] 13-аят. Билал, Суҳайб сыяқлы қуллар ҳәм басқа айырым бийшара ҳалдағы адамлар ийман келтиргенде, еки жүзлилер олардың сапына қосылыўға арланған.

[5] 15-аят. Аллаҳтың «мазақ қылыўы» олардың қылмысларына жараса жаза бериўи есапланады. Ал, ҳәддинен асыўды даўам етиўи берилежақ жазаның артыўына себеп болады. Аллаҳ оларды усы ҳалатта даўам еттириўи олардың зыянына болады.

Сүрениң 1–5-аятларында кәмил ийманлы мусылманлар, 6–7-аятларда ийман келтириўден ашық-айдын бас тартқан кәпирлер, 8–20-аятларда еки жүзлилер, яғный жаны ҳәм мал-дүньяларын сақлап қалыў яки басқа жаман нийетлер менен өзлерин мөмин қылып көрсетиўши кимселер ҳаққында сөз барады. Ақыретте кәпир ҳәм мушриклерден де еки жүзлилердиң жазасы қаттырақ болатуғыны ҳаққында және Ниса» сүресиниң 145-аятына қараң.

[6] 18-аят. Олардың гереңлиги – ҳақ гәплерди тыңламаўы, сақаўлығы – ҳақ гәпти сөйлемеўи, ал соқырлығы ҳақ нәрсени көрип, тастыйықламаўы есапланады.

[7] 20-аят. Аятта Аллаҳ тааланың еки жүзлилерге қарата айтқан тәсирли гәплери шақмаққа уқсатылмақта (Мд.).

[8] 21-аят. Аллаҳ таала инсанды жаратып, Өзин танытқаннан кейин, Оннан қорқып, тақўалы болыўын қәлеген. Аллаҳ таала: «Мен бир сырлы ғәзийне едим. Танылыўды ықтыяр қылып, барлық жанзат ҳәм мақлуқларды жараттым», – деген. Бул «ҳәдиси мукашафа» болып, «Руўҳул-баян» тәфсириниң авторы Исмайыл Ҳаққий (1127-ҳ.ж. қайтыс болған) өзиниң «Канзу махфий» атлы мийнетинде оны кең талқылаған.

[9] 23-аят. Таўрат, Забур, Инжил бөлек-бөлек емес, ал пүтин бир китап сыпатында, ал Қураны кәрийм 23 жылда сүре ҳәм аятлар түринде нәзил болған.

Қураны кәрийм аятларының 114 үлкен ҳәм киши сүрелерге бөлип қойылғанлығының себеби – қирәәт қылыўшы ҳәр бир сүрени оқып болғаннан кейин өзинде бир жеңиллик ҳәм тынышланыўды сезип, кейинги сүрени оқыўға тетиклик пайда етеди (Мд).

[10] 25-аят. Жәннеттегилер неъматлардан ҳәр сапар татып көргенде, оларды түри ҳәм сыпатта бир-биринен парықланбайтуғын ҳалда көрип, «бул алдынырақ жеген нәрселеримиздиң өзи ғой», – деп таңланады екен.

Екинши тәфсири сол, жәннеттеги неъматлардың сыртқы көриниси мисли жақты дүньядағыға уқсас болып, мазасының татлылығы менен парықланады екен. Жемей турып: «Бул алдын (дүньяда) жеген нәрселеримиздиң өзи ғой!» – дейди екен. Ал, жеп көргеннен кейин жәннет мийўелериниң теңи жоқ татлы екенине исеним пайда етеди екен.

[11] 26-аят. Бул аят еки қыйлы талқыланады. Бириншиден, Аллаҳ сүйир шыбын ҳәм оннан үлкен нәрселер мысалында тымсал айтыўдан уялмайды. Екиншиден, шыбын ҳәм оннан да киши нәрсе мысалында тымсал айтыўдан уялмайды.

[12] * «Аллаҳтың адастырыўы» дегенде Оның адасып, бузықлық жолларында жүрген адамды өз ҳалына таслап қойыўы, сақыйлығы менен оны ҳидаятқа қарай жоллап қоймайтуғынлығы, деп түсиниў керек.

[13] 27-аят. Қарым­-қатнасқа буйырған нәрселерди ағайын-туўғанлар менен қатнасып, оларға силаи раҳм қылыў, мөмин-мусылманлар менен жақсы мүнәсибетте болыў, пайғамбарларды ажыратпай, ҳәммесине теңдей ийман келтириў сыяқлы әмеллер есапланады.

[14] 29-аят. Бул аятты айырым адасқан топарлар Жер бетиндеги барлық нәрселер ҳәммениң мүлки, жеке меншик болыўы мүмкин емес, деп есаплаған. Олардан бири «Ибаҳия» ағымы есапланады (Ақ.).

[15] 30-аят. Адамзаттың бузғыншылық қылыўын периштелер қаяқтан билди, деген тәбийий сораўға былай жуўап бериледи: оларға Адам ҳаққында Аллаҳтың өзи хабар берип, оның сыпатларын да баян еткен яки «Лаўҳул-маҳфуз»дан оқып, билип алған ямаса адамзатты да жинлерге салыстырған, себеби Адам Атадан алдын бир топар жинлер жаратылған болып, олар итаатсызлық пенен көп жаўыз ислерди ислегеннен кейин жоқ қылынған екен. Периштелер инсанды жинге салыстырған. (Мд.).

[16] 34-аят. Бул аятты «кәпирлерден еди» деп түсиниў де мүмкин. Онда «Иблис алдыннан кеўлинде күпирди жасырып жүретуғын еди», – деген мәни шығады.

[17] 35-аят. Қадаған етилген – жүзим яки әнжир, яки алма, ямаса бийдай болыўы мүмкин, деп түсиндирилген.

[18] 38-аят. Бул жерде еки сөзге түсиник бериў керек. Бириншиси – «ҳәммеңиз». Адам менен Ҳаўўаға неге көплик түринде қолланылды, деген сораўға, ол екеўинен кейин пайда болатуғын әўлад-зүрядлары нәзерде тутылған, деп жуўап айтылған.

Екиншиси – «жәннеттен шығың!» орнына «түсиң!» делиниўинен жәннеттиң Жерден жоқарыда екенлигине ишара бар.

[19] 40-аят. Исрайыл әўлады Яқубтың (а.с.) әўлады дегенди билдиреди.

[20] 42-аят. Ҳақыйқатты жасырғаны – қолларындағы Таўраттан Муҳаммадтың (а.с.) сыпатлары жазылған аятларды өширип жибергени. Яҳудийлер ақырғы пайғамбар олардың миллетинен емес, араблардан шыққаны себепли қызғанып, сондай жаман ислерге қол урған.

[21] 47-аят. Аятта Исрайыл әўладының өз заманларындағы басқа қәўимлерге қарағанда берилген жеңилликлери еслетилмекте. Яғный, оларға илим, ийман, ийгиликли әмел сыяқлы сыпатлар инам етилгени ҳәм олардың ишинен пайғамбарлар ҳәм әдил патшалар шыққаны ҳәм де аспаннан неъматлардың түсип турғаны нәзерде тутылмақта.

[22] 49-аят. Фиръаўн түсинде Қуддустан бир жалын шығып, Мысырдағы барлық қибтий миллетин набыт еткенин көреди. Палкерлер Исрайыл әўладынан туўылажақ бир жигит қибтийлер шаҳы – Фиръаўнды өлтиреди, деп жорыйды. Соннан баслап, ол туўылған барлық миллети яҳудий ул балаларды өлтириўге буйрық береди. Фиръаўнның алдына қибтий жас үлкенлери келип, яхудийлер қырылып кетсе, хызметкерлик бизиң мойнымызға түсип қалыўы мүмкин, деп ескертилгеннен кейин, ол жыл ара өлтириўге буйырады. Муўсаның (а.с.) әжағасы Харун өлитирилмейтуғын жылы туўылады. Муўса (а.с.) өлтирилиўи керек болған жылы туўылса да, Аллаҳтың қорғаўы менен Фиръаўнның қарамағында аман қалады. (Бғ.).

[23] 50-аят. Теңизден әйне он еки жол ашылыўының себеби – Исрайылға тийисли он еки «сибт» – урыў болғаны. Муўсадан (а.с.) өз қәўими суў сорағанда бир тасты урып он еки булақ шығарғанының себеби де сол.

[24] 57-аят. Аяттағы арабша «манн» сөзи орысша «манна», яғный ун дегенди билдиреди.

[25] 59-аят. Оларға қала дәрўазасынан кириўде басларын ийип, тәжим етип кириў буйырылғанда олар буйрыққа қылап рәўиште жерге отырып, сүйретилген ҳалда кирген. Ал, оларға кеширим сораў мәнисин аңлататуғын «ҳитта» сөзин айтыў буйырылғанда, олар бийдай мәнисин билдиретуғын «ҳинта» сөзин айтып, исенимсизлик билдирген.

[26] 60-аят. Ҳасаның узынлығы Муўсаның (а.с.) бойы менен тең, яғный 10 гез болып, ол жәннеттеги «Ас» деп аталатуғын ағаштың шақасынан алынған, ушындағы айрының ҳәр биринен түнде нур таралып, жолды жақтыртып беретуғын еди. Оның қәсийетлеринен және бири тастан суў шығарыў болып, Муўса (а.с.) өзи менен төртмүйешли бир тасты алып жүрип, оның ҳәр бир тәрепинде үш тесиктен болып, суў зәрүр болғанда усы тасқа ҳасасын урыўы менен 12 тесиктен Исрайыл әўладының 12 урыўы ушын суў атылып шығатуғын еди. Бул ҳаса негизинде Аллаҳ тәрепинен Адам атаға (а.с.) берилген болып, пайғамбарлардан қолма-қол өтип, Муўсаға (а.с.) қәйинатасы Шуайбтан (а.с.) мийрас болып қалған еди. Ҳасаның сүйениш болыў, паданы қорыў, тереклердиң жапырағын қағыў ҳәм басқа қәсийетлери де болған (Хз.).

[27] 61-аят. Шеъя (Ашеъя), Зәкария ҳәм Яҳяларды (а.с.) олар наҳақ өлтирген (Мд.).

Ҳәммеси болып олар 70 пайғамбарды өлтиргени белгили (Хз.).

[28] 62-аят. Сабиийлер – яҳудий ҳәм насраний динлеринен ўаз кешип, периштелерге сыйыныўшы тайпа адамлары. Айырым алымлар оларды жулдызларға сыйыныўшылар, деп тәрийплейди.

[29] 63-аят. Мысырдың Синай ярым атаўындағы Қызыл теңизге тутас таў.

[30] 65-аят. Исрайыл әўладының бир тайпасын сынаў ушын Аллаҳ таала балық аўы менен шуғылланбаўды буйырады. Олар жасайтуғын Айла деген аўылдың жанындағы теңиздиң арнаўлы аў салатуғын жерине шемби күни балық көп келетуғын еди. Олар шемби күни балық тутпай, бир неше ҳаўыз қазып, оларға суў ашып қояды. Шемби күни ағып келген балықлар ҳаўызларға түсип қалады. Екшемби күни оларды аңсат ғана тутып алады. Бул ҳийле Аллаҳға хош келмейди. Нәтийжеде оларды маймылларға айландырып қояды.

[31] 67-аят. Сыйыр қыссасы былай болған: Муўса (а.с.) заманында бир бай адамның жалғыз жарлы әмекисиниң баласынан басқа мийрасхоры болмайды. Ол тезирек байыў мақсетинде байды өлтирип, денесин қоңсы аўылға апарып таслайды. Аллаҳ таала оларға бир сыйырды сойып, оның бир бөлегин алып, өлини оның менен урса, ол тирилип, өзин өлтирген адамды айтып беретуғынын билдиреди.

[32] 72-аят. Ҳанафий мәзҳабы бойынша қайсы бир аўыл яки мәҳәлледе белгисиз шахс тәрепинен адам өлтирилип кетилген болса, сол аўыл яки мәҳәлле баслығы сол жердиң халқы ишинен лебизи ҳадал исенимли елиў адамға, оны бизиң адамларымыз өлтирмеген, деп ант ишиўди усыныс етеди. Ант ишсе, даўа бийкар қылынады. Ант ишиўден бас тартса, даўагерге жүз түйеден ибарат қун өндирип бериледи.

[33] 73-аят. * Сойылған сыйыр гөшинен бир бөлегин алып, оның менен өлини урғанда ол тириледи ҳәм өзин өлтирген адамның атын айтып, және алдынғы ҳалатына қайтады. Егер олар сыйырдың қандай екенлиги, жасы, реңи өзгешеликлерин сорастырмай, қәлеген бир сыйырды сойғанда оны табыўға қыйналмаған болар еди. Сыйырдың ийеси оны сатыў ушын териси толы алтын есесине көнген еди (Бғ.).

[34] 79-аят. Аяттағы арабша «Ўайл» сөзиниң бир мәниси «аўҳалы қыйын» болса, және бир мәниси жәҳәннемдеги бир ойпатлықты билдиреди. Ҳәдиси шәрийфте айтылыўына қарағанда, «Ўайл» жәҳәннемниң түбине жетиўге қырық жыллық аралық қалғанда келетуғын бир ойпатлық есапланады (Бғ.).

Демек дүньяның арзымаған нәрсесине ийе болыў ушын Таўрат аятларын жақсы аңлаған ҳалда өзгерткен китап ийелериниң алымларына берилежақ жаза ҳаққында ескертилмекте. Имам Бағаўий бул аят тәфсиринде былай жазады: Муҳаммад (а.с.) Мадинаға келгеннен кейин яҳудий уламалары өз динлеслерин жаңа пайғамбарға ерип кетпеўи ушын Таўраттағы Муҳаммадтың (а.с.) сыпатларына тийисли аятларды өзгерткен. Мысалы, ондағы «Жүзи шырайлы, шашы көркем, көзлери сүрме тартылғандай қара, тик геўдели деген сөзлердиң орнына «узын бойлы, көккөз, шашы тегис» деп жазған.

[35] 83-аят. Жетим деп шәриятта балағат жасына жетпей әкеси қайтыс болған ул ҳәм қыз балаларға айтылады. Ҳәдиси шәрийфте: «Балағат жасынан соң жетимлик жоқ» делинген (Мд.).

Ул балалар ушын балағат жасы шәриятта 12 менен 15 жас арасында иҳтилам менен, ал, қыз балалар ушын 9 бенен 12 жас арасында ҳайыз көриўи менен белгиленеди. Бирақ, балағат жасы бул турмыс қурыў жасы деп қаралмаўы керек. Турмыс қурыў ҳәм перзент тәрбиясы ушын балағат жасының өзи жеткиликли емес, ал оның ушын айрықша шәрт-шараятлар болыўы талап етиледи.

[36] 85-аят. Олардан Аллаҳ таала төрт түрли нәрсеге әмел қылыўға келисимин алған еди: наҳақ кан төкпеў, әшкара гүна қылмаў ҳәм тутқынларды азат етиў. Олар төртинши шәртти орынлап, қалған үшеўине опа қылмады. Тутқынларды да өзлериниң пайдасына азат етти (Мд.).

[37] 87-аят. Муўсадан кейин Юўшаъ, Ашмаўил, Шамъун, Даўыт, Сулайман, Шеъя (Ашеъя), Армия, Узайр, Ҳазқил, Ильяс, Ал-Ясаъ, Юнус, Зәкария, Яҳя ҳәм басқа пайғамбарлар жиберилген (Мд.).

[38] Ийсаға (а.с.) берилген ҳүжжетлер дегенде мөжизалар нәзерде тутылған. Оған өлилерди тирилтиў, соқырларға шыпа бериў, пес ҳәм мақаўларды емлеў, ғайып нәрселер ҳаққында хабар бериў сыяқлы мөжизалар инам етилген болып, сол дәўирде раўажланған медицина ўәкиллерин әззи қалдырған еди. Аллаҳ таала ҳәр бир пайғамбарға өз заманында ең раўажланған илим-пән, кәсип-өнер, сыйқыр сыяқлы қубылыслардан үстин келетуғын мөжизаларды берип, олар арқалы өзлериниң ҳақыйқый пайғамбар екенлигин дәлиллеген. Муўсаға (а.с.) мөжизалы ҳаса берип, сыйқыршылардың жасаған қәлпеки жыланларын жуттырып жибергени, Муҳаммадқа (а.с.) Қураны кәрийм мөжизасын берип, сол дәўирдеги сөз усталары ҳәм дилўарлықта атағы шыққан араб шуаро ҳәм хутаболарын шешенлик жарысында әззи қалдырғаны буған мысал бола алады.

[39] Олар Ийса ҳәм Муҳаммад (а.с.)ларды жалғаншыға шығарды. Ал, Зәкария ҳәм Яҳя (а.с.)ларды өлтирген еди (Мд.).

[40] 89-аят. Китап ийелери Аллаҳға: «Я Қудайым, Таўрат китабымызда сыпатлары жазылғанындай, ақыр заманда келетуғын пайғамбарың ҳүрмети дуўаларымызды қабыл ет!» – деп, Оннан жәрдем сорайтуғын еди ҳәм душпанлары саналған мушриклерге қарап: «Жаңа пайғамбардың заманы жақынласты. Ол келип бизиң гәпимизди тастыйықлайды. Сонда биз оған қосып сизлерди де Ад ҳәм Ирам халқындай етип қырып таслаймыз», – дейтуғын еди (Мд.).

Соны билип қойыў керек, китап ийелери бузық исенимде болса да, Аллаҳтың жалғызлығына ҳәм өзлерине нәзил етилген илаҳий китапларды Ол тәрепинен жиберилгенлигине исенетуғын еди. Ал, мушриклер ҳеш бир илаҳий китапқа ийман келтирмей, жасалма бутларға сыйыныўы менен китап ийелеринен де, мусылманлардан да парықланған.

[41] 91-аят. Яғный, ата-бабаларыңыз неге пайғамбарларды өлтирген? Булар адам өлтирмеген болса да, ата-бабаларының исениминде турғанлығы ҳәм олардың қылмысларына разы болғанлығы себепли жынаятларына шерик есапланады.

[42] 93-аят. Таўрат китабында Аллаҳтың таўҳидине буйырылған болып, Оған ширк келтириў қадаған етилген еди. Бул жерде китап ийелерин жалғаншылық ҳәм қызғанышлары себепли келтирген күпирлери сынға алынбақта (Мд.).

[43] 94-аят. Ҳақыйқатында, баратуғын жери жәннет екени анық болған адам ақыретке тезирек барыўға асығыўы керек еди. Олардағы узақ өмир көриўди қәлеўине қарағанда ақыреттен үмитлери жоқ екенлиги белгили болады. Ал, тиллеринде буның керисине даўагерлик қылады. Олар ислеген гүналары себепли жаза алыўы анық болған дәргайға барыўды улыўма қәлемейди.

[44] 96-аят. Қылмысларына жараса жаза берилиў күниниң тез келип қалыўын жақтырмаған китап ийелери дүньяда мың жыллап рәҳәтте жасап өтиўди әрман етеди. Соның ушын Аллаҳ таала мушриклерге қарағанда көбирек илаҳий тәлиматтан хабардар болған китап ийелерин дүньяпаразлықта айыплайды (Мд.).

[45] 97-аят. Яҳудийлер Жәбрайылды (а.с.) өзлерине душпан деп билетуғын еди. Себеби, ол Муҳаммадқа (а.с.) келтирген ўаҳийлеринде, олардың сырларын әшкара қылып, оларға жақпайтуғын ҳүкимлерди келтиретуғын еди. Аяты кәрийма ислам шәрти бойынша периштелерге душпанлықта болыў мисли пайғамбарларға душпанлық етиў сыяқлы күпир есапланатуғынына ишара қылады. Өйткени, оларға деген душпанлық – бул, Аллаҳға деген душпанлық пенен тең (Мд.).

[46] 102-аят. Шайх Әбиў Мансур Матуридий (рҳ.) айтады, сыйқырдың өзи емес, ал оның ҳарам екенлигин инкәр етиў де қосылса ғана күпир есапланады. Сыйқыршының тәўбеси Фиръаўн сыйқыршыларының тәўбеси сыяқлы қабыл етиледи (Мд.).

Рәўиятқа қарағанда, инсанлар ислеген гүна ислердиң есабаты аспанға алып шығылғанда, периштелер Аллаҳға: «Сен жаратқан Адам перзентлери ибадат орнына гүна ислейди, деп айтпағанба едик?!» – деген екен. Аллаҳ оларға: «Егер сизлерге инсанға берген қәсийетлерди берип, Жер бетине түсирсем, сизлер де гүна ислерди ислеген болар едиңиз», депти. Олар: «Пәклигиңиз ҳаққы, биз гүна қылмас едик», – депти. Сонда Аллаҳ таала Ҳарут ҳәм Марут исимли еки периштени Жер бетине қазы сыпатында түсиреди. Екеўиниң алдына Заҳра деген шырайлы бир ҳаял мәселе сорап келеди. Олар оның жамалына ашық болып, ушырасып турыўды сорағанда, ҳаял буның ушын оларға сәнемге сыйыныў, адам өлтириў ҳәм мәй ишиўди шәрт қылып қояды. Мәйди ишкеннен кейин, сәнемге сыйынып, инсанды да өлтиреди ҳәм ҳаял менен де зинакәрлық қылады (Хз.).

[47] 104-аят. Расулуллаҳ көбинесе мөминлерге ўаз-нәсият қылған пайытлары олар «Раъина», – деп айтатуғын еди. Яғный, Бизиң ҳалымызға әмел қылың!», – деген мәнисте мүрәжат қылып туратуғын еди. Яҳудийлер тилинде «Раъина» сөгискенде қолланылатуғын сөз болып, масқара қылыў нийети менен Расулуллаҳ сөйлегенинде усы сөзди айтып туратуғын еди. Соның ушын Аллаҳ таала мусылманларға бул сөздиң орнына «унзурна», яғный «Ҳалымызға бағың!» – деген сөзди айтыўға буйырды (Мд.).

[48] 106-аят Аллаҳ таала өз бенделериниң ҳал-жағдайлары, көзқараслары, имканият ҳәм итияжларын есапқа алған ҳалда ўақты-ўақты менен өз ҳүким ҳәм буйрықларын өзгертип турған. Мысалы, Адам ата заманында ерлер өз апасы яки қарындасына үйлениўи мүмкин еди. Кейин бул қадаған етилди. Нуҳға (а.с.) барлық ҳайўанат гөши ҳадал қылынған еди. Муўсадан (а.с.) баслап айырым ҳайўанлардың гөши ҳарам қылынды. Арақ та бирден ҳарам қылынбады. Үш басқыш пенен, яғный ол әсте-ақырын көнликтириў жолы менен қадаған етилди.

[49] 108-аят. Қурайш мушриклери Муҳаммадтан (а.с.) мөжиза сыпатында Софа төбелигин алтынға айландырыў ҳәм Мәккә жерин кеңейтип бериўди сораған (Мд.).

Яҳудийлер Муҳаммадтан (а.с.) мөжиза сыпатында Қуранды пүтин китап түринде нәзил қылыныўын яки Аллаҳты олардың көзине белгили дәрежеде көрсетиўин сораған (Хз.).

[50] 109-аят. Китап ийелери Уҳуд саўашында мусылманлар әскерлери жеңилиске ушырағаннан кейин оларға: «Егер сизлердиң диниңиз ҳақ болғанда еди, сизлерге Аллаҳ жәрдем берип, жеңиске ерискен болар едиңиз. Жақсысы қайтып, бизиң динимизге киреғойың», – деген (Мд.).

[51] 110-аят. Бул жердеги «жақсылық» дегенде намаз, зәкат ҳәм садақа нәзерде тутылған (Мд.).

[52] 111-аят. Яҳудийлер: «Жәннетке тек биз киремиз», – десе, насранийлер: «Олар емес, биз киремиз», – дейтуғын еди.

[53] 113-аят. Бул жерде Аллаҳ таала китап ийелериниң саўатлылары үстинен «күлип», оларды саўатсызлар менен теңлестирмекте (Мд.).

[54] 114-аят. Бул аяттың бир неше тәфсирлери бар: Байтул-Мақдиске насранийлердиң түрли иплас нәрселерди таслағаны ҳәм оның ишинде намаз оқыўдан адамларды қайтарғанлығы; Ҳудайбия ўақыясы жылы мушриклердиң Расулуллаҳға Кааба мешитине кириўге қарсылық көрсеткени ҳәм т.б.

Аяттағы мешит дегенде Байтул-Мақдис яки Кааба мешити нәзерде тутылады (Мд.).

[55] Бул дүньядағы хорлық дегенде олардың саўашлардағы жеңилиси, тутқынға алыныўы, сондай-ақ, зиммийлер деп аталыўшы китап ийелерине жизя салығының жүклениўи, ал ақыреттеги азап дегенде дозаққа дуўшар болыўы нәзерде тутылып отыр.

[56] 116-аят. Яҳудийлер: «Узайр – Аллаҳтың улы», – деген болса, насранийлер: «Ийса – Аллаҳтың улы», – деп, Аллаҳға ширк келтирди. Ал, бул ислам дининиң тийкарғы тәлиматы болған таўҳидке қарама-қарсы исеним болып табылады.

[57] 122-аят. Исрайыл әўладына Аллаҳ берген неъматлар дегенде Муўса (а.с.) дәўиринде олардың бабаларын өз заманының ҳүрметли адамлары еткени, Фиръаўн зулымынан азат қылғаны, олардың гүна ҳәм жынаятларын әпиў етип, үстилерине таўды қулатпағаны ҳәм т.б. нәзерде тутылады.

[58] 124-аят. Аяттағы «кәлиймалар менен сынаў» дегенде муртты қысқартыў, аўыз ҳәм мурынды шайыў, мәсиўек пенен тис тазалаў, тырнақларды, қолтық ҳәм қуўық жүнлерин алып турыў, хатна (сүннет еттириў) ҳәм истинжа нәзерде тутылған. Ибн Аббас (рз.) оларды отызға жеткизген. Ол сыпатлар «Тәўбә», «Азҳаб» ҳәм «Маъариж» сүрелеринде ҳақыйқый мөминлердиң сыпатлары түринде берилген (Мд.).

[59] 125-аят. «Ибраҳимниң мақамы»н Кааба есигинен шама менен 20 қәдем аралықтағы бир орын болып, Ибраҳим (а.с.) сол жерде турып дуўа қылған. Ҳәзирге шекем сол орын әййемги естеликлерден саналып, бир тастың үстине Ибраҳимниң (а.с.) аяқ излери түсирилген ҳәм айналы гүмбез бенен жаўып қойылған.

[60] Итикаф – бул, сүннет әмеллерден болып, Каабада яки басқа мешитлерде ораза тутқан адамның арнаўлы тәртипте ибадат пенен бәнт болыўы.

[61] 129-аят. Аллаҳ таала Ибраҳимниң (а.с.) бул дуўаларын қабыл етип, Муҳаммадты (а.с.) оларға пайғамбар қылып жиберди.

[62] 132-аят. Ибраҳимниң (а.с.) Сара исимли ҳаялы 123 жаста Шам қаласында қайтыс болған. Оннан Исҳақ (а.с.) туўылған. Ал, Ҳажар исимли ҳаялы Сарадан алдынырақ Мәккәда қайтыс болған. Оннан Исмайыл (а.с.) туўылған. Канъанлы Яҳтан қызы Қатурдан Яқшан, Замрон, Маддан, Мадд, Ашяк, Ўашух исимли 6 ул туўылған. Ҳажун исимли араб ҳаялынан Кайсан, Фаррух, Аҳйам, Лаўтан, Нафас исимли 5 ул туўылған. Демек, Ибраҳимниң (а.с.) 13 улы болған (Саъл.).

[63] * Олар ўәсият қылған дин ислам дини еди. Олардан кейинги әўлад бул динниң өзин де, атын да өзгертип жиберген. Негизинде яҳудийлик ҳәм насранийлик динлери де таўҳидке тийкарланған ислам дини есапланады. Пайғамбарлардың шәриятлары бир-биринен белгили дәрежеде парықланған болса да, бирақ ҳәммесине жиберилген динлер бирдей.

[64] 138-аят. Насранийлер жаңа туўылған перзентти арнаўлы сары суўға батырып алады ҳәм бул мәресимди «маъмудия» – «шоқындырыў» деп атайды. Олардың исеними бойынша соннан кейин бала ҳақыйқый насраний саналады. Аяттағы «бояў» сол әдетке қарсы рәўиште дин яки ийман мәнисинде келген.

Рәўиятларға қарағанда, Усман (р.а.) өз мусҳафының усы аятлар жазылған бетин оқып турғанда шейит болған. Ташкентте сақланып атырған Усман мусҳафының 137–138-аятлары жазылған бетте қан дақлары сақланып қалған.

[65] 142-аят. Мусылманлардың қубласы Кааба тәрепке өзгергеннен кейин яҳудийлер, мушриклер ҳәм еки жүзлилер гийне тақты. Буған жуўап ретинде усы аят нәзил етилген.

[66] 143-аят. «Орта үммет» – үмметлердиң жақсысы дегени. Себеби, ҳәр бир нәрсениң орташасы жақсы болады. Және бир мәниси – қублаңызды Жер шарының орта бөлиминде қылғанымдай, өзлериңизди де орта ҳал үммет қылдым. Яғный, яҳудийлердей Мәрьямды зинакәрға да шығармайтуғын, насранийлердей Ийсаны Аллаҳтың улы деп илаҳийлестирмейтуғын орта, әдалат орнында боласыз. Және басқаша түсиндирмелери де бар. Басқа үмметлерге гүўа болыўыңыз, дегени қыямет күни басқа пайғамбарлардың ийман келтирмегени өз пайғамбарларына дөҳмет қылып: «Бизге олар Аллаҳтың буйрықларын жеткермеген», – деп даўагерлик қылады екен. Сонда Аллаҳ таала Муҳаммад (а.с.) үмметинен сорағанда: «Биз гүўалық беремиз, өткен ҳәмме пайғамбарлар Аллаҳтың буйрықларын өз үмметлерине толық жеткерген», – дейди екен. «Сизлер буны қаяқтан билесиз?» – делингенде, олар: «Бизге Муҳаммад (а.с.) Қуран арқалы билдирген», – деп Расулуллаҳты гүўа қылып көрсетеди екен.

Қубланың өзгериўи мөминлерди сынаў ушын еди. Соннан кейин көп еки жүзлилер диннен қайтып кетти. Пайғамбарға ерип, оның қубласына ҳеш екиленбей бурылғанлардың шын мусылман екенлиги аян болды.

[67] Қубланың қайта тикленгени – Муҳаммад (а.с.) Мәккәда дәслеп Каабаға қарап намаз оқыйтуғын еди. Мадинада да биринши күнлери Байтул-мақдис тәрепке қарап оқып жүргенине яҳудийлер қуўанышлы еди. Соң қубла және Каабаға көширилгеннен кейин, олар буннан ренжиди.

[68] 149-аят. Каабаның атлары:

1. Масжидул Ҳарам (Ҳарам мешити) – гүна ислерди ислеў қадаған етилген ҳүрметке ылайық мешит.

2. Қубла – ибадатта жүзди қарататуғын тәреп.

3. Байтуллаҳ – «Аллаҳтың үйи».

4. Кааба үйи.

5. Ал-байтул-атиқ – әййемги үй.

[69] 151-аят. Олардың билмегени диний тәлимат болып, оны Пайғамбарға (а.с.) нәзил етилген илаҳий ўаҳий арқалы ғана билиў мүмкин еди. Бирақ, дүньялық билимлер буған кирмейди, оларды тек пайғамбар арқалы емес, ал илимий ашылыўлар ҳәм алымлар арқалы да үйрениў мүмкин.

[70] 152-аят. Яғный, Мени гүналарыңызға тәўбе қылыў, қәжетлериңизди сораў, ықлас-исеним, илтижа ҳәм мүнәжат пенен еслең, Мен сизлерди кеширим, қәжетиңизди питкериў, жәрдем, қабыл етиў менен еслеймен (Мд.).

Бул жерде еслеў «зикир» сөзи менен келген. Ал, зикир тил менен ҳәм кеўил менен болады.

Тасаўўыфта еки қыйлы зикир болып, бири – даўыслап, екиншиси – даўыссыз (иштен) зикир етиў.

[71] 155-аят. Ҳәдиси шәрийф: «Қайсы бир бендеге Аллаҳ таала жақсылықты раўа көрсе, оған усы дүньяның өзинде жаза ҳәм азап береди. Жаманлықты раўа көрсе ақыретке қалдырады» (Хз).

[72] 158-аят. Софа менен Марўа төбеликлери әййемнен жәҳилият ақыйдасына муўапық ширк аралас таўап қылынатуғын еди. Мусылманлар ҳаж пайытында бул еки төбелик арасында жүрип «саъй» қылсақ, гүнакар болып қалмас па екенбиз, деп, екиленип турғанында, усы аят нәзил етилген.

[73] *Арабшадағы «Шакир» сөзин «шүкирди қабыл етиўши ҳәм азғана қайырлы ис есесине көплеген саўап бериўши» деп тәфсир етиў мүмкин.

[74] 162-аят. Бул аяттан «кеширим сораўы күтип турылмайды» ҳәм «Аллаҳ тәрепинен мийирман нәзери менен қаралмайды» сыяқлы мәнилерди де алыў мүмкин (Мд.).

[75] 163-аят. Ҳәдиси шәрийфте айтылады: «Бул аятта ҳәм «Әли Имрон» сүресиниң басында Исми Аъзам (Уллы исимлер) жасырылған» (Дў.Тр.).

[76] 164-аят. Самалдың түрлери көп. Айырым самаллар Аллаҳтың мийирманшылығы, ал айырымы Оның азабы түринде көринеди.

[77]*Усы ҳәм басқа тәбийий қубылысларды бақлағанда Аллаҳтың шексиз қүдиретине, түпсиз ҳикметине ҳәм Оның жалғыз екенлигине ҳәр бир инсанның ийманы ҳәм ықласы зыяда болады. Ал, бул ақыл-ой ҳәм пикирлеўсиз пайда болмайды.

Ҳәдиси шәрийфте айтылады: «Ҳәр ким бул аятты оқып, онда зикир етилген нәрсе ҳәм қубылыслар ҳаққында пикирлемесе, оның аўҳалы аянышлы!» (Мд.).

[78] 165-аят. Мушриклердиң өзлери ойлап тапқан қудайларына болған муҳаббаты күшли емес екенлигине дәлил сол, олардың басына қандайда бир мүсийбет түссе, қудайларынан бет бурып, Аллаҳға илтижа қылыўға өтеди. Мөминлердиң Аллаҳға деген муҳаббаты күшли екенлигине дәлил сол, олардың басына ҳәр қандай аўыр мүсийбет түссе де, Аллаҳтан бет бурмай, Оның өзинен ғана мәдет сорайды.

[79] 168-аят. Шайтанның изинен ериў дегенде, оның инсан кеўлине жиберген ўасўасаларына әмел қылыў, деп түсиниў керек.

[80] 170-аят. Мушриклер дин-диянатта ата-бабаларына еликлеп, олар сыйынып келген жасалма қудайларды өзлерине илаҳ қылып алған еди.

[81] 171-аят. Ҳайўанларға қанша гәп айтылса да, тек даўыстан басқа нәрсени аңламағаны сыяқлы туўры жолда болмаған адамлар да пайдалы гәплерди тыңлап, аңлаў орнына бийпарық қала береди.

[82] 173-аят. Ҳарам етилген нәрселерди зәрүрлик себепли жанды сақлап қалғандай муғдарда жеўге шәрият руқсат береди.

[83] 174-аят. Аятларды өзгертиў яки жоқ қылыў есесине алған байлықлары қаншелли үлкен қаржы болса да, Кәламуллаҳға салыстырғанда қәдир-қымбаты жоқлығы себепли аз деп билинеди. Себеби, аятларды ҳеш қандай баҳа менен теңлестирип болмайды.

[84] * Аллаҳтың сөйлеспеўи – ғәзеби келгени ҳәм мийрим нәзерин салмаўы.

[85] 175-аят. Бул ибара оларға мысқыллаў түринде айтылмақта. Себеби, дозақ азабына сабыр-тақат қыла алатуғын жанзат болыўы мүмкин емес. Адасыў менен азапты ықтыяр еткенлер ақырет азабын ойлап қойсын, деп ескертилмекте.

[86] 178-аят. Яғный, усы жеңиллик ҳәм илаҳий мийирманшылықлардан кейин де, жынаятшы ҳәм басқалардан өш алса яки қун алғаннан кейин де өш алса, ақырет азабына дуўшар болады.

Шафиий мәзҳабы бойынша қулдың есесине азат адамнан өш алынбайды. Ал, ҳанафий мәзҳабы бойынша өш алыўда азат адам менен қулдың парқы жоқ. «Маида» сүресиниң 45-аятындағы «жанға-жан» сөзи буған дәлил есапланады. Сондай-ақ, бир топар адамлар бир адамды наҳақ өлтирсе, оның өшин алыў ушын топардың ҳәммеси өлимге тартылыўы тийис (Мд.).

[87] 179-аят. Өш алыў шәрият көрсетпелерине муўапық рәўиште орынланса, көпшиликтиң қаны наҳақ төгилиўден сақланып қалыныўы нәзерде тутылған. Кери жағдайда, бир инсан қаны есесине еки тәрептен де көплеген бийгүна адамлар қурбан болып кетиўи мүмкин.

[88] 180-аят. Бул аяттағы мийрас алыў ушын ўәсият қылыўдың парызлығы «Ниса» сүресиниң 7–12-аятларындағы мийрас ҳүкимлери нәзил болғаннан кейин, бийкар етилген. Усы бойынша марҳум ўәсият қылсын-қылмасын, өз-өзинен мийрасхорларға шәрият көрсетпеси бойынша мийрас бөлистириле береди. Қалдырып атырған байлығынан басқа адамға бериўди ўәсият қылған болса, қалдырылған мал-мүликтиң үштен биринен бериледи.

[89] 183-аят. Бул аяттан белгили болғанындай, ораза тутыў ибадаты Адамнан (а.с.) баслап Муҳаммад (а.с.) дәўирине шекем өткен барлық пайғамбар ҳәм үмметлерге парыз етилген екен. Бирақ, ораза тутыўдың шәрт ҳәм қағыйдалары ҳәр қыйлы болған. Айырым үмметлер Рамазан айы жаздың ыссы күнлерине туўры келип қалғанда Аллаҳтан яки Оның пайғамбарынан руқсатсыз гүман менен оны басқа айларға көширип, бул қылмысларының жәримасы ушын өзлеринше және он күн қосымша ораза тутқан. Соң патшаларынан бири наўқасланып, егер тәўир болып кетсем, оразаға және жети күн қосып қояман, деп ўәде қылады. Тәўир болғаннан кейин, оразаның мүддети оның қосымшасы менен 47 күнге айланады. Оннан кейинги патша және үш күн қосқаннан кейин, 50 күн болған.

[90] 184-аят. Санаўлы күнлер – бул Рамазан айының күнлери.

[91] Ораза тутыў яки тутпай фидясын төлеў ықтыярый болған. Бирақ, бул ҳүким кейинирек басқа аят пенен бийкар етилип, үзирсиз адамға ораза тутыў «фарзы айн», яғный ҳәр бир адамның мойнына жеке парыз қылынған.

[92] 185-аят. «Ажыратыўшы» сөзи бул жерде ҳақыйқат пенен жасалмалық, жақсылық пенен жаманлық, саўап пенен гүна арасындағы парықты белгилеп бериўши төреши мәнисинде.

[93] 186-аят. Аятта мөминлер ушын үлкен хош хабар бар. Ол да болса дуўа ҳәм илтижа қылыўшылардың сораўларын орынлаўға берилген илаҳий ўәде есапланады.

[94] 187-аят. Бул аят нәзил болғанға шекем Рамазан айында ораза тутыўшыларға түнде де жынысый қатнас қадаған етилген еди. Бирақ, буған көпшилик әмел қылмайтуғын еди.

[95] * Мешитте итикаф нийети менен отырған ораза тутыўшыға бир неше ислер қадаған етиледи. Соның ишинде, ҳәжет талап етпегенде сыртқа шығыў, саўдагерлик қылыў (затты алып келмей саўда ислеўи мүмкин), жөнсиз сөйлеў сыяқлылар. Сондай-ақ, зикир қылмай, Қуран оқымай, ибадат қылмай үнсиз отырыў да мүмкин емес.

Ҳаял адам өз үйинде итикаф отырыўы мүмкин. Итикафтың ең аз мүддети бир күн.

[96] 188-аят. Ҳәдиси шәрийфте де айтылған: «Мен де бир инсанман. Мениң алдыма ҳақы таласып, даў менен келип турасыз. Сөзге шеберлик қылып, наҳақлық пенен өзгелердиң ҳақысын өзлестирип алсаңыз, билип қойың, сол нәрсе, дозақтың бир шоғы есапланады. Қәлеген оны алсын, қәлемеген алмасын» (Бх.Мс.).

[97] 189-аят. Олар айлардың мәниси ҳәм сыртқы көриниси ҳаққында сорап, Пайғамбар илимин сынамақшы болды. Бирақ, Аллаҳ таала оларға айлардың маңызы ҳәм сыпаты ҳаққында емес, ал олардың ўазыйпа ҳәм пайдалары ҳаққында хабар бериўди буйырды. Ҳақыйқатында да, шәрият ҳүкимлеринде сыртқы көриниси емес, ал мақсет ҳәм мәниге итибар бериў усыныс етиледи.

[98] 190-аят. Ислам дининде инсап, әдалат ҳәм инсаныйлық қағыйдаларына ҳәттеки жаў менен саўаш қылыў барысында да әмел қылынады. Аллаҳ таала ҳәр қандай жағдайда да ҳәдден аспаў ҳәм басқыншылыққа өтпеўге буйырады. Бул ҳәмме ушын жүдә ибратлы ескертиў болып табылады.

[99] 191-аят. Ҳарам – бул, Каабаның əтирапындағы белгили бир аралыққа шекем белгиленген аймақ. Оның шегарсы Байтуллаҳтың шығыс тəрепинен алты мил, арқа тəрепинен он еки мил, батыс тəрепинен он сегиз мил. Қубла тəрепинен жигирма төрт мил аралықта. Басқа рəўиятта арқа тəрепинен үш яки төрт мил деп белгиленген. Ал, «Танъим» мешити Ҳарам аймағынан сыртта жайласқан (Жр.).

[100] 194-аят. Урыс қадаған етилген ай – Зулқаъда айы. Бул аяттың басқаша тәфсири де бар. Яғный, «Ҳижраттың алтыншы жылы бул айда умра ушын барғаныңызда, Мәккә мушриклери жолларынызды тосып, умраға келеси жылы келиң, дегеннен соң, жетинши жылы келип, усы айда умраны орынлаўыңызда парық жоқ».

[101] Ҳаж айлары Шаўўал, Зулқаъда айлары ҳəм Зулҳижжаның басынан он күн.

[102] * Йемен елинен келетуғын ҳажылар өзлери менен бирге азық-аўқат алмай, басқалардан дəмегөйлик қылатуғын еди. Сол себепли бул аят нәзил етилген (Мд).

[103] 199-аят. Бул жердеги буйрық Мәккә халқына қаратылған, себеби, олар əдетте, Арафатта тоқтап өтпей, Муздалифа деген жақынырақ жерден қайтатуғын еди.

[104] 200-аят. Бул аяты кәриймада ҳажға барыўшылардың муқаддес жерлерде қылатуғын дуўа ҳəм илтижалары тек дүнья байлығы ҳəм усы дүньядағы қəжетлерин сораўдан ибарат болып қалмаўы ҳаққында ескертилмекте.

[105] 201-аят. Ал, бул аяты кәриймада ҳаж ибадаты ўақтында Аллаҳтан бул дүньяда илим, ибадат, мағфират, ал ақыретте ийманның толықлығы, шəпəəт ҳəм жəннет неъматларын илтижа менен сораўшы ҳажылар мақталмақта.

[106] 202-аят. Бир рəўиятта бир қойды сойып болғанша, екиншисинде көзди ашып-жумғанша өткен мүддет ишинде барлық инсанларды есап-санақ қылып үлгереди екен, – делинген (Мд).

Аллаҳ таала ўақыт ҳəм заманнан тысқарыда. Соның ушын бенделерине жүдə узақ болып туйылған мүддет Оған бир сәния шелли де емес. Ал, айырым бенделердиң есап-санағы қыяметте жүдə узақ ҳəм қыйын кешеди, делинген.

[107] 203-аят. Санаўлы күнлер – ташриқ күнлери. Олар ҳанафий мəзҳабы бойынша Зулҳижжа айының 10,11,12-күнлери, ал шафиий мəзҳабында усы айдың 11,12,13-күнлери есапланады.

[108] 204–205-аятлар. Бул аятлар еки жүзли Ахнас ибн Шариқ ҳаққында нәзил болған. Ол Пайғамбар (а.с.) алдында шырайлы гəплерди сөйлеп, сыртқа шыққаннан соң, бузғыншылық ислери менен шуғылланатуғын еди. Мысалы, Сақиф қəўиминиң адамлары менен оның арасында душпанлық болғаны себепли ярым түнде қəўимниң шарўа малларын өлтирип, егинлерин өртеп кетеди (Мд.).

[109] 206-аят. Ахнас Пайғамбарға (а.с.) өзин садық көрсетип, кеўлиндеги жаўыз мақсетлерин жасырған пайытта, Аллаҳ таала Өз Расулын буннан хабардар еткен.

[110] 207-аят. Бул аяты кәрийма мусылманлардан Суҳайб ибн Синан Румий ҳаққында нәзил етилген. Оның менен бирге болған бир топар мөминлерди мушриклер қырып таслағанда ол бар мал-мүлкин мушриклерге берип, өз жанын Аллаҳ жолында олардан сатып алған ҳəм Мәккәдан Мадина қаласына келген еди.

[111] 210-аят. Бул жерде Аллаҳ дегенде Оның өзи емес, ал буйрығы ҳəм пəрманы нəзерде тутылған. Аспанды қаплаған қара бултлар арасынан азап периштелериниң көриниўи гүнакар бенделерге жағдайды қорқынышлы ҳалатта сүўретлеў ушын келтирилген (мд.).

[112] 213-аят. Бул аяттағы «бир миллет» сөзине ҳəр қыйлы тәфсирлер айтылған. Бириншиси, Идрис ҳəм Нуҳ (а.с.)лар заманында адамлар бирдей кəпир миллет еди. Екиншиси, Ибраҳим (а.с.) заманында көпшилик адамлар бир миллет, яғный ислам дининде еди. Жəне басқа тәфсирде Адам (а.с.) дəўиринде ҳəмме мусылман еди. Улы Қабыл өз туўысқаны Абылды өлтиргеннен кейин Жер бетинде кəпирлер саны көбейе баслаған, делинеди.

[113] * Ҳəммеси болып, Жер бетиндеги халықларға Аллаҳ таала тəрепинен 124 000 пайғамбар жиберилген болып, олардан 28 пайғамбардың аты Қураны кəриймде келтирилген (Хз.).

[114] 214-аят. Муҳаммад (а.с.) алдына мушриклер қуўдалаўынан азап шеккен бир топар мусылманлар келип: «Бизге жəрдем тилеп, ҳаққымызға дуўа қылмайсыз ба?!» – дегенде Расул (а.с.) айтты, сизлерден алдынғы өткен үмметлердиң айырымларын темир тарақ пенен денелериниң гөш ҳəм сүйеклери аралас тырнап, жарғы менен еки бөлип шуқырға таслаған, сонда да олар өзлериниң ҳақ динлеринен ўаз кешпейтуғын еди. Аллаҳ таала ўақты келип бул динди камалына жеткизгенде, атлы адам Санъадан Ҳазрамаўтқа шекем жекке жолға шыққанда да, Аллаҳ ҳəм қасқырдан тысқары ҳеш нəрседен қорықпай, қəўип-қəтерсиз жол басатуғын ўақыт келгенше сизлер асығып атырсыз (бх.).

[115] 217-аят. Расулуллаҳ Ережеп айы кирмей турып, Қурайш мүшриклери киятырған кəрўан жолға олардан өш алыў мақсетинде бир топар əскерди жиберген. Олар Ережеп айы кирип қалғанынан бийхабар ҳалда оларға ҳүжим жасап, жеңилиске ушыратқан. Бул ўақыядан кейин мушриклер гийне қылып: «Муҳаммад муқаддес айда саўаш қылды. Аллаҳ ҳарам қылған нəрсени ҳадал деп билди»,– дегенде, Аллаҳ таала мушриклердиң қылмыслары мусылманлардың бул кемшиликлеринен бетер екенлигин баянламақта.

[116] 219-аят. Мəс қылыўшы ишимлик ишиўдиң қадаған етилиўи бир аят пенен шешилмеген, ол үш басқыш пенен қадаған етилген: Умар ибн Хаттаб (р.а.) ҳəм айырым басқа саҳабалар мəй ақыл ҳəм байлықты кетириўши апат болғанлықтан Пайғамбарға (а.с.) шикаят қылғаннан кейин «Бақара» сүресиниң усы аяты ўаҳий қылынған. Екинши басқыш – Абдураҳман ибн Аўф мəс ҳалда имамлық қылғанда, аятты турпайы түрде бузып қирәәт қылған. Соннан кейин «Ниса» сүресиниң 43-аятында мəс ҳалда намазға жақынламаў буйырылған. Үшинши ҳəм ақырғы басқыш – Атбан ибн Мəлик деген саҳабаның үйинде зыяпат пайытында мəс болып қалған мийманлар өз ара жəнжеллесип қалған. Соннан кейин Умар ибн Хаттаб (р.з.) Аллаҳға илтижа менен: «Я, Қудайым, мəй (арақ) ҳаққында кескин бир ҳүким нәзил ет!» – деп дуўа қылғанда «Маида» сүресиниң 90-аяты менен мәс қылыўшы ишимликлерди ишиў қатаң қадаған етилген (Мд.).

[117] Өз итияжынан артық байлықты садақа қылыў парыз екенлигин аңлатыўшы бул аят ҳүкими зəкат аяты менен бийкар етилген.

[118] 220-аят. Бул ҳаққында жəне «Ниса» сүресиниң 10-аятына қаралсын.

[119] 222-аят. Шәрият бойынша ҳайыздың ең аз мүддети үш күн, ал ең көп мүддети он күн. Ҳайызлы ҳаялларға намаз, ораза, Қуранды услаў, оны тиләўат қылыў, жынысый қатнас, Каабаны таўап қылыў сыяқлы ислер қадаған етиледи. Пəкленгеннен соң, намаздың қазасы оқылмайды, оразаның қазасы тутылады (Мх.).

[120] 223-аят. Бул аяты кәриймада Аллаҳ таала ҳаялларды егинзарлыққа уқсатады. Ҳақыйқатында да, егинзарлыққа қандай туқым егилсе, сол туқымның зүрəəти өнип шығады. Дийқан зүрəəт алыў ушын өз жериниң қəлеген тəрепинен келип ислеў берип, дəн сеўип, дийқаншылық қыла бергениндей, ер адамлар да өз ҳаялларынан перзент арттырыў мақсетинде қəлеген көринисте жақынлық қылыўы мүмкин. Қайсы тəрептен келсе де тек зүрəəт орны гөзленген болыўы керек.

[121] 224-аят. Ислам тəлиматы бойынша зəрүрлик талап етпегенше ант ишиўден сақланыўға буйырылады. Қайырлы ҳəм саўаплы ислерди ислемеўге ишилген антты бузып, каффаратын бериў усыныс етиледи.

[122] 226-аят. Ийла – ҳаялына төрт айдан кем болмаған мүддетке жақынлық қылмайман деп ант ишиўге айтылады. Төрт ай өткенше антынан қайтпаса, өз-өзинен талақ түседи. Оған шекем жақынлық қылып қойса, тийисли каффарат (жәрима) төленеди, бирақ талақ түспейди (Мх.).

[123] 228-аят. Қуруъ – ҳаяллардың бир ҳайыз мүддетине айтылады. Бул аятта үш ҳайыз мүддет күтеди делинбекте.

Бир яки еки талақ қойған ер адамлар идда мүддети өткенге шекем сөз яки ҳəрекет пенен қайтып, некени жаңаламастан турмысын даўам еттириўи мүмкин. Бирақ, бир яки еки «баин» (қатаң) талақ қойған болса, некени жаңалаў шəрт. Үш талақ яки оннан көбирек айтып қойған болса, ерли-зайып арасындағы шаръий неке бийкар болып, бирге жасаў мүмкин болмай қалады. Бундай тəғдирде, əлбетте, шәрият уламаларына мүрəжат қылып, мəслəҳəт алыў зəрүр.

[124] * Ҳаялларға салыстырғанда ерлерге қайсы жақларынан үстинлик берилгени ҳаққында «Ниса» сүреси, 34-аятының тәфсирине қаралсын.

[125] 229-аят. Бул нəрсе шәрият тилинде «хулуъ» делинеди. Ери ажырасыўды қəлемеген жағдайда ҳаялы талақ сораса, шәрият бойынша төлемин төлеп, оны көндириўге руқсат етиледи.

[126] 230-аят. Бул жердеги некеден мурат ханафий мəзҳабы бойынша некеден кейин жынысый жақынлық, ал шафиий мəзҳабында некениң өзи жеткиликли болады.

[127] 231-аят. Бул жердеги «Китап» дегенде Қураны кәрийм, ал «Ҳикмет» дегенде Расулуллаҳтың ҳəдиси шәрийфлери түсиниледи.

[128] 233-аят. Нəрестени еки жасқа шекем ана сүти менен емизиў қаншелли пайдалы екенине аяты кәриймада да ишара қылынбақта. Бирақ, шәрият бойынша ана емизиўге мəжбүрленбейди, ал ол қəлемеген жағдайда əке нəрестени емизиў ушын басқа емизиўши ҳаял жаллаўы керек болады. Бул əдет арабларда кең тарқалған еди. Муҳаммадтың (а.с.) анасы да тири бола турып, Саъд қəўимине тийисли Ҳалийма исимли ҳаялға емизип, тəрбиялаўға берилгени ислам тарийхынан белгили. Нəрестени еки ярым жасқа жеткенше емизген ҳаяллардың атларын ядта тутыў зəрүр болады. Себеби, емизген ҳаялдың басқа балалары менен ол емген бала аға-ини яки апа-сиңли есапланып, олардың өз ара турмыс қурыўы мүмкин емес (Мх.).

Емизиўши тəрепинен шанарақ ағзаларының ҳəммеси, ал емген тəрептен ерли-зайып ҳəм перзентлер оларға жақын ағайин ҳүкиминде болып қалады.

[129] * Шафиий мəзҳабы бойынша туўысқан жақын ағайинлеринен басқа мийрасхорлар мойнына жетимлердиң напақасы ўəжиб болмайды (Мд.).

[130] 234-аят. Яғный, ҳаяллардың шәрияттан шықпаған ҳалда айттырып келиўшилерге яки күйеўликке талабан ерлерге көриниўи ҳəм оларды сорастырыўы сыяқлы ислер шәрият бойынша мүмкин.

[131] 235-аят. Бул жерде иддада отырған ҳаялларға саўшылық ҳəм турмыс ҳаққында айтыў мүмкин екенлиги ҳəм жынысый қатнас ҳаққында үгитлеў дурыс емес екенлиги ескертилмекте. Себеби, бул идда шығыўдан алдын турмысқа шығыўға яки идда мүддетиниң бузылыўына себеп болып қалыўы мүмкин.

[132] 236-аят. Ҳанафий мəзҳабы бойынша келинге күйеў тəрепинен берилетуғын мәҳрдиң ең кем муғдары он дирҳам (1 дирҳам 3,12 гр гүмис) яки оның қунына тең буйым яки басқа нəрселер менен белгиленген.

Мәҳрдиң муғдары ҳəр жерде түрлише белгиленген болыўы мүмкин. Бир келинге мәҳр белгиленип атырғанда оның жасы, шырайы, кәсиби, материаллық шараяты сыяқлы тəреплери əдетте басқа сондай өзгешеликлерге ийе болған келинлер қанша муғдарда мәҳр алып атырған болса, сол муғдарда белгиленеди. Бул «мәҳр мисл» деп аталады.

Мәҳрди талап етиў ўақты қосылыўдан алдын яки ерли-зайыптың биреўиниң қайтыс болыўы менен есапланады (Мх).

[133] 238-аят. Орта намаз қайсы екенлиги хаққында түрли рəўиятлар бар. Оның аср (намазлыгер) намазы екенине дəлил көбирек. Ҳанафий мəзҳабында да ол аср намазы деп есапланады.

[134] 241-аят. Напақа талақ қылынған ҳаялдың иддасы шыққанға шекем төленеди.

[135] 243-аят. Өлимнен қорқып, дегенде саўаштағы яки оба кеселлигинен өлиў қəўпинен қашыў, деп тәфсир қылынады.

Тәфсир китапларында жазылыўынша, өткен заманда Даўардан деп аталатуғын бир аўыл халқы арасында оба кесели тарқалған екен. Оннан қашып бир топар адамлар қаладан сыртқа шығып кетип аман қалыпты. Қалада қалғанлардың бир топары қайтыс болыпты. Сонда буны көрген адамлар егер жəне сондай кеселлик келсе, биз де қаладан шығып кетемиз, ­– деп қарар етипти. Келеси жылы жəне сол аўылда оба кесели тарқалыпты. Халқының ҳəммеси оба жоқ жерге шығып кетипти. Тосаттан олар жайласқан ойпатлықтың астынан бир периште, үстинен бир периште Аллаҳтың буйрығы менен «Өлиң!» деп саза қылыпты. Сонда ҳəммеси бирден набыт болған екен. Ҳəдиси шәрийфте: «Оба тарқалған жерге бармаң, сиз турған жерде оба тарқалса, оннан шығып кетпең», – делинген (Хз.).

[136] 246-аят. Олардың пайғамбары ким болғаны ҳәр қыйлы тәфсир қылынады. Айырым муфассирлер Шамъун десе, басқалары Юўшаъ яки Ашмаўил дейди (Мд.).

Муўса (а.с.) өлими алдынан өз ислерин даўам еттириў ушын өзиниң орнына Юўшаь ибн Нун исимли жəрдемшисин тайынлап кетеди. Ол да Таўрат китабы тийкарында дин ислерине басшылық етеди. Ол қайтыс болғаннан кейин Ильяс, ал-Ясаъ, Халуф сыяқлы пайғамбарлар жибериледи. Сол дəўирде Исрайыл əўлады қəўиминде көп бузғыншылықлар жүз береди. Оларға нағыз душпан болған Балсоса қəўими Жалут басшылығында үлкен əскер менен урыс ашады. Талут басшылығындағы мөминлер əскерлери азшылық болыўына қарамай, жаўдың көп санлы əскерлери үстинен жеңиске ериседи (Хз.).

Талут бир солиҳ, əпиўайы шопан жигит болып, қойларына деген ғамхорлығы пайғамбарға мақул келип, оны патша етип тайынлайды. Талутқа инам етилген мөжиза, яғный ишинде Таўрат китабы сақланған сандықтың аспаннан оның қолына түсиўи себепли оның бул иске ылайық екени қарсылық билдиргенлер алдында дəлилленеди.

[137] 247-аят. Аяты кəрийма бойынша, пайғамбардың ўазыйпасы басқа, патшаның ўазыйпасы басқа екенлиги белгили болады. Егер патшаға тəн ислерди де пайғамбар қылыўы керек болғанда еди, əскерий ислерди басқарыў ушын бул ўақыяда айрықша патша жиберилиўи соралмаған болар еди.

[138] 248-аят. Тынышлықтан мурат сол, сандық қай жерде болса, сол жердеги адамлар қəтержамлық ҳəм қəўипсизликте болар еди. Сонлықтан, оны жаў менен соқлығысқанда да өзлери менен бирге алып жүрип, оннан қорғаныў ушын пайдаланатуғын еди.

[139] 251-аят. Даўыт (а.с.) Яқубтың (а.с.) əўладынан болып, ол эрамыздан шама менен 1000 жыл алдын пайғамбарлық қылған ҳəм биринши болып Яҳудия мəмлекетин шөлкемлестирип, оны басқарған. Əкесиниң исми Ийша. Даўытқа (а.с.) илаҳий китап – Забур нәзил етилген. Жəне оған темиршилик, аңшылық кəсиплери ҳəмде өзине тартатуғын ҳəм жағымлы даўыс инам етилген болып, ол Забурды тилəўат қылғанда тек ғана инсанлар емес, ал қус ҳəм ҳайўанлар да тыңлап ҳəз етеди екен. Патша етип тайынланған Талут жаў менен соқлығысқанда жекпе-жек күш сынасыў ушын ҳəр еки тəрептен ўəкил талап етеди. Талуттың усынысы менен Жалут пенен Даўыт күш сынасады ҳəм оны жолдан терип келген үш теберик тас пенен урып өлтиреди. Талут шəртине муўапық өз қызын Даўытқа узатады ҳəм ярым патшалығын да оған береди (Мх.).

[140] * Яғный, Жер бетинде бузғыншылық ететуғын жаўыз нийетли адамлардың тəсирин Аллаҳ таала жақсы нийетли адамлар менен бастырып турмаса, жер қарабақанаға айланыўы мүмкин. Ҳəдиси шәрийфте айтылыўынша, бир солиҳ мусылманның шарапаты себепли Аллаҳ таала оның жүз қоңсысын апат ҳəм бəлелерден сақлап турады екен. (Аҳ.).

Аллаҳтың кеңшилиги дегенде Оның өз бенделерине кеширимли ҳəм мийримли болыўы нəзерде тутылады. Мысалы, гүналарды кешириўи, əсий ҳəм мийримсиз бенделеринен затлық ҳəм мəнаўий неъматларын аямаўы, ырысқы-несийбелерин турақлы жеткизип турыўы Оның кеңшилигинен.

[141] 255-аят. Бул аяттағы «Курсий» сөзиниң сөзликтеги мəниси орынлық, тахт, таяныш, гүрси. Бул жерде оннан мурат не екени ҳаққында ҳəр қыйлы тәфсирлер бар:

1. Арштың екинши атамасы. 2. Арштан кишилеў өз алдына басқа нəрсе. 3. Аллаҳтың илими. 4. Оның қүдирети. 5. Ҳүкимдарлығы ҳəм т.б.

«Аятал-Курсий»диң пазыйлет ҳəм қəсийетлери ҳаққында көплеген ҳəдиси шәрийфлер бар. Соның ишинде, «Кимде-ким ҳəр бир парыз намазынан кейин бул аятты оқып жүрсе, жəннетке кириўи ушын тек өлим тосқынлық қылып турған болады. Түнде уйқылаўдан алдын оқып жатса, Аллаҳ оның өзин ҳəм қоңсыларын бəле-қададан сақлайды. Бул аят оқылған үйге сыйқыр тəсир етпейди».

[142] 256-аят. Аяттың нәзил болыў себеби сол, мадиналы Әбиў Ҳусейин исимли бир мусылман адам насраний дининдеги еки улын ислам динин қабыллыўға мəжбүрлеген. Бирақ, олар көнбеген. Сонда əке ҳəм балалар бул машқаланы шешип бериў ушын Пайғамбарға (а.с.) мүрəжат қылған. Ол улларын исламға мəжбүрлеп киргизиўден əкени қайтарған. Абдуллаҳ ибн Масъуд (р.а.) бул аят кейин ала мансух етилген, деген (Мд.).

Бул аят ҳаққында басқаша рəўиятлар да келтирилген.

[143] 258-аят. Ибраҳим (а.с.) менен тартысқан ҳəм қудайлыққа даўагерлик қылған бул кəпир шаҳтың аты Намруд ибн Канъан болып, ол «Мен де тирилтемен ҳəм өлтиремен», – деп, зинданда жатырған тутқынлардан төртеўин шығарып, екеўин азат етип, «Бул тирилткеним», – деди. Қалған екеўин өлтирип, «Бул өлтиргеним», – деген еди.

[144] 259-аят. Узайр (а.с.) бул сөзди Аллаҳтың қүдиретине шек келтиргени ушын емес, ал Ибраҳим (а.с.) Аллаҳтан сорағанындай, қəлби қəтержам болыўы ушын ҳəм басқаларға да бул ҳаққында мағлыўмат пайда болыўы ушын сораған.

Аллаҳ таала өзиниң шексиз қүдиретин дəлиллеў мақсетинде Узайрдың (а.с.) өзи, тағамы ҳəм көлиги мысалында шириген өлилерди тирилтиўи Оның ушын қыйын емеслиги, ҳəттеки, буның ушын ўақыттың аз яки көплиги де əҳмийетсиз екенлиги ҳаққында хабар бермекте.

Ҳақыйқатында да, ўақыт, заман ҳəм мəкан Аллаҳтың өзи ушын емес, ал бенделери ҳəм жаратқан жанзатлары ушын керек.

Әлий ибн Усман Уший (569-ҳ.ж. қайтыс болған) өзиниң «Бадъул-Амалий» атамасындағы ақоидқа тийисли поэзиялық шығармасында атап өткениндей, Аллаҳ таалаға ўақыт та, заман да, ҳалат та зəрүр емес. Яғный, Аллаҳтың заты да, сыпатлары да əзелий болып, ҳеш қашан жоқ болып кетпейди ҳəм өзгермейди. Жыл, ай, ҳəпте, күн ҳəм саат сыяқлы ўақыт өлшемлери инсаниятқа зəрүр болғаны ушын Аллаҳ таала Жер ҳəм аспанларды жаратқан күнниң өзинде-ақ, бир жылды 12 айға бөлип, заман ҳəм мəкан нызамлылығын енгизген.

[145] 260-аят. Ибраҳим (а.с.) Аллаҳтың қүдирети шексиз екенине, өлилерди тирилтиў Оның ушын қыйын емес екенлигине исеними кəмил бола турып, бул сораўды бериўине себеп – жуўабын басқалар да тыңлап қанаатланыўы ушын еди. Сондай-ақ, тыңлаў арқалы пайда етилген билимге бақлаў да қосылса, инсан қəлбиндеги тынышлық ҳəм турақлылық артады (Мд.).

Ибраҳим (а.с.) жыртқыш қуслар тəрепинен майда-майда қылып тасланған өликсени көрип, Аллаҳ таалаға бул сораўды берди. Бул мисли мөмин-мусылманлардың ийманлары пүтин бола турып, пайғамбар ҳəм Аллаҳ таала жамалын көриўге қуштар екенлигине уқсас бир талап еди (Хз.).

[146] * Төрт қус – қораз, ғарға, таўыс ҳəм кептер.

[147] 261-аят. Аллаҳ таала бул мысал менен бир қайырлы ис ушын бир емес, 700 ҳəм оннан да көп саўап инам етиўи мүмкин екенлигин билдирмекте.

[148] 264-аят. Саўаплы ис көзабаға ҳəм адамлардың ишинде абырай арттырыў нийети менен орынланса, ол Аллаҳтың нəзеринде қабыл етилмейди, ал оның саўабын кетирип қойыўы да анық.

[149] 266-аят. Бул мысал саўаплы ислерди көзабаға əмелге асырған адамға қарата келтирилген. Не үмитлер менен тəрбия қылған бағынан маҳрум болған адамдай, көзабаға ислеген адам ақыретте сый-саўаптан маҳрум болатуғыны ескертилмекте.

[150] 267-аят. Айырым адамлар зəкат яки садақа беретуғын болса, сапалы ҳəм баҳалы нəрселеринен емес, ал нуқсанлы ҳəм сапасыз нəрселеринен береди. Бирақ, сол нəрселер өзлерине берилсе, алмаған яки илажсыздан алған болар еди. Бул аяты кəрийманың нәзил болыўына айырым мусылманлардың сол дəўирде зəкатқа бериў ушын ең төмен сортлы қурмаларды ажыратқаны себеп болған.

Аллаҳтың бийқəжет екени ҳаққында жазылыўының себеби Оның пүткил барлық ҳəм мүликке ийе екени ҳəмде адамлардың беретуғын иҳсан ҳəм садақаларына ҳеш мүтəж емеслиги, ал қылынатуғын қайыр-иҳсанлар ҳəм зəкат пенен үсирлер бенделерден алынып, жəне олардың мүтəжлерине берилиўи есапланады. Соның ушын халық арасында «берген Аллаҳға жағады» деген нақыл орынсыз.

Билимли екенин еслетиўден мурат бенделерине буйырған яки оларға қадаған етилген ислерди Аллаҳ билим ҳəм ҳикмет тийкарында қылыўды, қандайда бир исти бийҳуўда яки себепсиз қылмаўды еслетиўден ибарат (Мд.).

Қураны кəриймде Аллаҳ таала Өзиниң сыпатларын мүнəсип орынларда бир, еки ҳəм оннан да көп зикир етиўи илимий əҳмийетке ийе.

[151] 271-аят. Аяттан садақалардың барлық түрлерин ашық яки жасырын бериўдиң мақул екенлиги, бирақ жасырын садақаның абзаллығы белгили болады. Лекин айырым уламалар парыз яки ўəжиб қылынған садақалар, яғный зəкат, хираж, үсир, питир садақасы ҳəм каффаратларды ашықтан-ашық берген абзал, ал ықтыярлы нəпил садақалардың жасырын берилгени жақсы, дейди. Себеби, ўəжиб садақалар жасырын берилсе, адамларда зəкат бермейди, деген шубҳалар туўылыўы мүмкин. Бирақ, нəпил садақалар да гейде басқалар көрип өрнек алсын деген нийет пенен көрсетип берилгени жақсы (Мд.).

[152] 272-аят. Пайғамбардың ўазыйпасы – өз үмметин ҳидаят жолына шақырыў. Бирақ, оны қабыл етиў яки қабыл етпеў ҳəр бир инсанның ықтыярындағы ис. Аллаҳ таала өз кеңшилиги менен қəлеген бендесин ҳидаятқа ылайық қылыўы мүмкин. Керисинше, өз ҳалына қойып, адасыўдан қутқармаўы да мүмкин. Ол ҳеш кимди адасыў жолына яки гүна ислерди ислеўге мəжбүрлемейди.

[153] 273-аят. Аяттағы жарлылардан мурат «Асҳаби суффа», яғный Мәккәда үйлери ҳəм байлықларын қалдырып, Мадинаға ҳижрат қылып келген баспанасыз мискин ҳалатындағы муҳажирлер деген тәфсир де бар. Олар төрт жүз адамнан ибарат болып, Расулуллаҳтың (а.с.) мешити алдындағы сыпада ибадат ҳəм зикир менен бəнт болып, Аллаҳ ҳəм Пайғамбарының буйрықларын күтип отыратуғын еди (Мд.).

[154] 275-аят. Сүтхорлық (үстеме, пайыз) сол, онда саўдаласып атырған тəреплердиң бири өзи берген нəрсесине тең дəл сол нəрсени өзинен артығырағы менен қайтарып алыўды шəрт қылыў. Мысалы, бир тонна бийдайдың есесине бир жəне шерек тонна бийдай бериўди шəрт қылса, бул сүтхорлық есапланып, ол шәрият бойынша ҳарам саналады. Бул ис пенен шуғылланыўшы адам сүтхор делинеди.

[155] Сүтхорлықтың бир неше түри болып, оның қадаған етилиўине бир неше себеплер бар. Мысалы, өзгениң малын ешейин өзлестиргени, мийнетсиз аңсат жол менен байлық арттырғаны, саўап саналған есесиз қарыз бериў əдетин тəрк еткени ҳəм т.б.

Қарыз бериўде артығы менен қайтарыў шəрт қылынса, бул да сүтхорлыққа киреди (Хз.).

Ҳанафий мəзҳабы бойынша сүтхорлыққа бийдай, арпа, қурма, дуз, алтын, гүмис сыяқлы ҳəм аўырлық өлшеми менен қылынатуғын саўда айланыслары киреди. Жынысы бирдей нəрселердиң саўдасында муғдардың бирдей болыўы шəрт (Ҳд.).

[156] 282-аят Ислам дининде садақа бериўге қарағанда қарыз бериўдиң саўабы көбирек. Себеби, садақа ҳəм иҳсанлар ықтыярлы рəўиште мүтəж ҳəм мүтəж болмаған адамларға бериле береди. Бирақ, қарыз тек мүтəж адамларға ғана бериледи. Қарыз бериўдиң саўап ҳəм пазыйлетлери ҳаққында көплеген ҳəдиси шәрийфлер бар. Соның ишинде:

«Үзиў нийети менен қарыз алған адамның қарызын Аллаҳ үзеди. Қайтармаў нийети менен қарыз алған адамның байлығын Аллаҳ жоқ қылады» (Бх.).

«Қəдир бола турып алған қарызын бермей жүриў зулымлық болады» (Бх. Мс.).

«Пайғамбарымыз (а.с.) бир адамнан бир жасар бота қарыз алған еди. Бир күн келип Расулға (а.с.) турпайы сөзлер айтып, қарызын қыстай баслады. Буған ашыўы келген айырым саҳабалар оны урмақшы болды. Сонда Расулуллаҳ (а.с.) оларды қайтарып: ҳақдар адамның айтыўына хақысы бар. Оған бир жасар бота берип жибериң, – деди. Олар бир жасар бота таба алмағаннан соң, үлкенирек түйени берип жибериўге буйрық берди ҳəм қарызын жақсылап қайтарыўыңыз сизлердиң ең жақсыларыңыз, – деди» (Бх.Мс.).

[157] Бул жердеги буйрық қатаң емес, ал мандуб – ықтыярлы. Соның ушын саўданы гүўаларсыз ислеў мүмкин. Бирақ, ҳәр итималға қарсы саўданы гүўалар алдында ислеў усыныс етиледи.

[158] 283-аят. Гиреў – қарыз алғанда исеним ушын қарыз бериўшиге қойылған нəрсениң аты. Гиреў еки тəрептиң разылығы менен қойылыўы шəрт. Гиреўге қойылған нəрсе набыт болса гиреў қойыўшыға гиреўдиң баҳасы менен қарыздың қайсы бири аз болса, сол муғдарда төлениўи керек. Гиреў менен қарыздың баҳасы бирдей болып, гиреў алыўшының қолында набыт болса, қарыз алыўшының мойнынан қарыз түседи, гиреў қарыз бериўшиде қалады. Гиреўге берилген нəрсени және биреўге гиреўге бериў мүмкин емес (Мх.).

[159] 284-аят. Аяттан инсан қəлбинен өткизген саўап ҳəм гүнаға тийисли ойлары ушын, оларды əмелге асырмаған болса да, Аллаҳтың алдында жуўапкер екени мəлим болады. Бул ақыйдалық мəселелер қатарынан болып, Шайх Əбиў Мансур Матуридий ҳəм Шамсул-аимма Ҳалўаний рəўиятларына қарағанда, инсан қандайда бир гүна исти кеўлине келтирсе, гүнакар болмайды, ал оны əмелге асырыўға қарар қылса ғана гүнакар болады. Буған дәлил сыпатында «Нур» сүресиниң 19-аятында мөминлердиң абырайын төгетуғын жаман гəплердиң жайылыўын қəлейтуғын кимселерге дүнья ҳəм ақыретте жаза белгиленгенин келтиреди. Айырым муфассирлер бул аят усы сүрениң 286-аяты менен мансух болған дейди (Мд.).