1. Ант етемен сәске (ўақты) менен
2. ҳәм (өз қараңғылығы менен әтирапты) қаплап турған түн менен,
3. (ҳәй Муҳаммад!) Рәббиң сени таслап та қойған жоқ, жаман да көрип қалған жоқ!
4. Әлбетте, сен ушын ақырет (бахты) дүньядан (рәҳәтинен) жақсы.
5. Жақында Рәббиң саған (сондай неъматлар) береди, кейин сен (сол неъматлардан) разы боласаң.
6. (Ҳәй Муҳаммад! Рәббиң) сени жетим ҳалда таўып, кейин баспана бермеди ме?![2]
7. Және сени ғапыл ҳалда таўып, кейин ҳидаятқа (туўры жолға) басламады ма?!
8. Сени жарлы ҳалда таўып, кейин (Ҳадижаға үйлениўиң себепли) бай қылмады ма?!
9. Солай екен, енди сен (де) жетимге қәҳәрленбе!
10. Сораўшыға (гедейге) жекиринбе!
11. Ал, Рәббиңниң (саған берген бәрше) неъматы ҳаққында (адамларға) айтып бер!
[1] 93. ЗУҲА СҮРЕСИ
«Зуҳа» – сәскелик ўақты.
[2] 6-аят. Пайғамбар (а.с.) ата-анадан жүдә жас жетим қалғанда бабасы Абдулмутталиб, ол қайтыс болғаннан кейин әмекиси Әбиў Талиб өз қарамағына алып, тәрбиялағанына ишара етилмекте.