1. (Ҳәй Муҳаммад!) Айт: «Ҳәй кәпирлер!
2. Мен сизлер ибадат етип атырған нәрсеге (бутларға) ибадат қылмайман.
3. Сизлер де мен ибадат қылатуғын нәрсеге (Аллаҳға) ибадат қылыўшы емессиз.
4. Мен сизлер ибадат қылған нәрсеге ибадат қылыўшы емеспен.
5. Сизлер де мен ибадат қылатуғын нәрсеге (Аллаҳға) ибадат қылыўшы емессиз.
6. Сизлерге – өз диниңиз, Маған – өз диним».
[1] 109. КАФИРУЎН СҮРЕСИ
«Кафируўн» – кәпирлер дегени.
Мәккә мушриклери Аллаҳға ибадат қылыўға бир шәрт пенен разылық билдирди. Ол да болса, бир жыл Муҳаммад (а.с.) олардың бутларына сыйынады-мыш, соң бир жыл олар Муҳаммадтың (а.с.) Рәббине сыйынады-мыш. Бул усынысты қабыл етпеўди ескертип, Аллаҳ таала өз пайғамбарына буйырып, оларға бундай ширк араласқан ибадаттан көре, ҳәзирше ҳәр еки тәреп өз дининде қалып, өз дининде болыўының абзаллығы ҳаққында хабар берген.