Қураны кәрийм аўдармасы

Аъла

Меҳрибан ҳәм Рейимли Аллаҳтың аты менен (баслайман).

1. (Ҳәй Муҳаммад!) Жоқары болған Рәббиңниң аты менен тасбиҳ айт!

2. Ол (ҳәмме нәрсени) жаратты, кейин тикледи,

3. (ҳәммеге мүнәсип жолды) белгиледи, кейин (сол жолға) ҳидаят қылды,

4. жайлаўды (өндирип) шығарып,

5. соң оны қараўытқан, қуўрақ шөп етип қойды[2].

6. (Ҳәй Муҳаммад!) Биз саған (Қуранды Жәбрайыл арқалы) қирәәт еттиремиз, кейин сен (оны) есиңнен шығармайсаң.

7. Тек Аллаҳ қәлегенин (умытасаң). Әлбетте, Ол ашықтан-ашық (сөз ҳәм ислерди) ҳәм жасырын нәрселерди биледи.

8. Биз сени аңсатқа (динге) миясар қыламыз.

9. Солай екен, егер еслетпе пайда берсе, (адамларға) еслетпе бер!

10. Әлбетте, Оннан (Аллаҳтан) қорқатуғын ғана еслейди.

11. Бахытсыз ғана оннан (еслетпеден) шетте болып,

12. үлкен жалында (дозақта) күйеди.

13. Соң ол жерде өлмейди де, жасамайды да!

14. Ҳақыйқатында да, ким (күпир ҳәм гүналардан) пәк болса, утысқа еристи

15. ҳәм Рәббисиниң атын зикир етип, (бес ўақыт) намаз оқыйды.

16. Аўа, сизлер (ҳәй кәпирлер) дүнья өмирин (ақыреттен) үстин қоясыз.

17. Ал, ақырет жақсырақ ҳәм мәңги.

18. Әлбетте, бул (аятлар мазмуны) алдынғы (пайғамбарларға нәзил болған) саҳифаларда –

19. Ибраҳим ҳәм Муўса саҳифаларында (да) бар.



[1] 87. АЪЛА СҮРЕСИ

«Аъла» – Жоқары зат, яғный Аллаҳ таала. Сүреде инсан Аллаҳтың Өз қүдирети ҳәм ҳикмети менен жаратылғаны, Қуран аятларынан базыларының умытылыўы Аллаҳтың қәлеўине байланыслы екени, илаҳий нәсиятлар ҳәммеге де тәсир етпейтуғынлығы, ақыреттеги ҳалатлар, Қурандағы усындай көп үгитлер Ибраҳим ҳәм Муўса алайҳиссаламларға нәзил етилген саҳифаларда да болғанлығы баян етиледи.

[2] 5-аят. Айырым алымлар бул аяттағы «ғусоъ» сөзин «нефть» деп ҳәм ол сел көбиклерине қарысқан шириген жапырақлардың қалдықларынан пайда болады, деп түсиндиреди.