1. Кааф, ҳә, я, айн, соод.
2. (Ҳәй Муҳаммад! Бул –) Рәббиң Өзиниң бендеси болған Зәкарияға қылған мийирманшылығының зикири (қыссасы).
3. Еслең, ол Рәббисине ишинен дуўа қылып,
4. (былай) деди: «Я Рәббим! Мениң сүйеклерим мортласты, ғарррылықтан басыма (шашыма) ақ түсти. Я Рәббим! Мен Саған дуўа қылып (ҳеш қашан) бахытсыз болмағанман.
5. Мен артымдағы ағайинлеримнен (олар динди зая қылыўынан) қорықтым. Ҳаялым туўмайтуғын болып қалған. Солай екен, маған Өзиңниң дәргайыңнан бир дос (перзент) бер.
6. Ол маған ҳәм Яқуб шаңарағына мийрасхор болсын. Я Рәббим, оннан (бәрше) разы болатуғын қыл!»
7. (Аллаҳ): «Ҳәй Зәкария! Биз саған аты Яҳя болған баланың хош хабарын беремиз. Буннан алдын оған (ҳеш кимди) атлас қылмағанбыз (усы ўақытқа шекем бул ат пенен аталған адам болмаған)», – деди.
8. (Зәкария): «Я Рәббим, ҳаялым туўмайтуғын болып қалған, ал өзим қартайып қалған болсам, менде бала қайдан болсын?!» – деди.
9. (Аллаҳ): «Сондай!» – деди. Рәббиң (және): «Бул – маған аңсат, ҳақыйқатында да, буннан алдын ҳеш нәрсе болмаған ўақтыңда (да) сени жаратқан едим ғой!» – деди.
10. (Зәкария): «Я Рәббим! Маған (кемпирим жүкли болғанына) бир белги қыл», – деди. (Аллаҳ): «Саған белги – саў-саламат болған ҳалыңда адамларға үш күн сөйлей алмаўың», – деди.
11. Кейин, (Зәкария) ибадатханадан шығып қәўимине: «Азанлы-кеш (Аллаҳға) тасбиҳ айтың!» – деп ишара қылды[2].
12. (Биз оған): «Ҳәй Яҳя! Китапты (Таўратты) беккем усла!» (– дедик). Оған нәрестелигинде-ақ, ҳикмет (ҳәм илимди) бердик[3].
13. Және оған Өзимиз тәрептен мийирманлық ҳәм пәкликти (бердик) ҳәм ол тақўалы болды.
14. Ол ата-анасына меҳрибан болды, жәбирлеўши, итаатсыз болмады.
15. Оған туўылған күнинде де, қайтыс болатуғын күнинде де, қайта тирилетуғын (қыямет) күнинде де аманлық болады.
16. (Ҳәй Муҳаммад!) Усы Китапта (Қуранда) Мәрьямды есле! Ол өзиниң шаңарағынан шетке – Шығыс тәрепке кетти.
17. Олардың алдынан перде менен тосылғанда, Биз оған Өзимиздиң Руўхымызды (Жәбрайыл алайҳиссаламды) жибердик. Сонда, ол оған (Мәрьямға) ҳақыйқый адам болып көринди.
18. (Мәрьям оған): «Мен сеннен пана бериўин Роҳманнан сорайман. Егер (Аллаҳтан) қорқыўшы болсаң (маған зыян жеткизбе)», – деди.
19. (Жәбрайыл): «(Қорықпа!) Мен тек ғана Рәббиңниң елшисимен, саған бир пәк баланы инам қылыў ушын (келдим)», – деди.
20. (Мәрьям): «Маған адам «тиймеген» болса, бузық ҳаял болмасам, менде қалай бала болады?!» – деди.
21. (Жәбрайыл): «Усылайынша, Рәббиң, ол (ис) Маған аңсат, – деди. Биз оны адамларға мөжиза ҳәм Өзимизден мийирманлық (дереги) қыламыз. Бул ҳүким шығып болған ис», – деди.
22. Кейин, (Мәрьям) оған жүкли болды. Кейин, (Мәрьям) оның менен (ҳәмилеси менен) аўлақ жерге кетти[4].
23. Сонда, толғақ (дәрти) оны бир қурма ағашына алып барды. (Мәрьям): «Қәне еди, буннан (туўыўдан) алдын өлип, улыўма умытылып кетсем», – деди.
24. (Сонда) Оның (қурма ағашының) астынан (Жәбрайыл) нида қылды: «Қапа болма, Рәббиң (аяғыңның) астынан бир жылға (пайда) қылды.
25. (Мына, қуўрап қалған) қурма ағашын силкит, (Мениң қүдиретим менен) саған таза (үзилген) қурма (мийўелерин) төксин!»
26. Солай екен, жеп-иш, көзиң қуўансын! Енди бир адамды көрип қалсаң (ол сораса): «Мен Роҳман (разылығы) ушын ораза тутыўды нәзр қылдым. Бүгин ҳеш бир инсанға сөйлемеймен», – деп айт.
27. Соң, (Мәрьям) оны (баласын) көтерип қәўимине келди. Олар айтты: «Ҳәй Мәрьям, сен әжайып нәрсе әкелипсең ғой!
28. Ҳәй Ҳарунның қарындасы, сениң әкең жаман адам емес еди, анаң да бузық ҳаял емес еди!»
29. Сонда, (Мәрьям өзи сөйлемей,) оған (баласына) ишара қылды. Олар: «Бесиктеги нәресте менен қалай сөйлесемиз?!» – деди.
30. (Сонда бесиктеги нәресте тилге кирип) айтты: «Әлбетте, мен Аллаҳтың бендесимен. Ол маған Китап (Инжил) берди ҳәм мени Пайғамбар қылды[5].
31. Және мени қай жерде болсам да берекетли қылды. Тири екенмен, намаз (оқыўды) ҳәм зәкатты (бериўди) буйырды.
32. Сондай-ақ, (мени) анама мийирман қылды. Мийримсиз, бахытсыз қылмады.
33. Маған туўылған күнимде де, қайтыс болатуғын күнимде де, қайта тирилетуғын күнимде де аманлық болады».
34. Олар (насранийлер ҳәм яҳудийлер) шубҳа қылып атырған Ийса ибн Мәрьям – «Ҳақтың сөзи» – мине, усы[6].
35. Балалы болыў Аллаҳға туўры келмейди – Ол (бундай болыўдан) пәк. Ол бир исти (қылыўды) қәлесе, оған «Бол!» – дейди. Сол ўақытта, (ол ис) болады.
36. (Ийса): «Аллаҳ мениң де, сизлердиң де Рәббиңиз. Солай екен, Оған сыйының. Мине, усы – туўры жол», (– деди).
37. Соң, топарлар (Ийса ҳаққында) өз ара тартысты[7]. Енди күпир келтиргенлерге уллы Күн (қыямет) көринисинен ўайл болсын.
38. Олар Бизге келетуғын Күни еситетуғын ҳәм көретуғын болып қалады. Бирақ, залымлар бүгин анық адасыўда.
39. (Ҳәй Муҳаммад!) Оларды (Мәккә мушриклерин) ҳәмме ис таўсылатуғын, ҳәсирет Күнинен ескерт![8] Олар (бүгин) ғәплетте, (соның ушын) олар ийман келтирмейди.
40. Әлбетте, Биз Өзимиз бул Жерди ҳәм ондағы бар жанзатты мийрас етип аламыз ҳәм Бизге ғана қайтарылады.
41. (Ҳәй Муҳаммад!) Китапта Ибраҳимди (қыссасын) есле! Әлбетте, ол жүдә расгөй пайғамбар еди.
42. Ол әкесине (былай) дегенде: «Ҳәй аға! Неге еситпейтуғын, көрмейтуғын, саған ҳеш пайда бермейтуғын нәрсеге сыйынасаң?
43. Ҳәй аға! Әлбетте, саған келмеген илим маған келди. Солай екен, маған ер, сени туўры жолға баслайман.
44. Ҳәй аға! Шайтанға сыйынба! Әлбетте, шайтан Роҳманға бойсынбаған.
45. Ҳәй аға! Әлбетте, мен саған Роҳман тәрепинен азап жетип, (дозақта) шайтанға дос болып қалыўыңнан қорқаман».
46. (Ибраҳимның әкеси): «Ҳәй Ибраҳим, сен мениң қудайларымнан жүз бурыўшысаң ба?! Ант болсын, егер сен (бул исиңнен) тоқтамасаң, сени, әлбетте, тасборан қыламан! (Ямаса) мени бир заман тәрк ет!» – деди.
47. (Ибраҳим): «Аман бол! Енди Рәббимнен сени кешириўин сорайман. Әлбетте, Ол – маған меҳрибан.
48. Мен сизлерден де, Аллаҳты қойып илтижа қылып атырған нәрселериңизден де (бутларыңыздан да) шетленемен ҳәм Рәббиме илтижа қыламан. Қәнекей, Рәббиме илтижа етиў менен бахытсыз болмасам», – деди.
49. Кейин, (Ибраҳим) олардан ҳәм олар Аллаҳты қойып сыйынып атырған нәрселеринен (бутларынан) шетленгенде, (Биз) оған (перзент ҳәм ақлық) Исҳақ ҳәм Яъқубты бердик ҳәм ҳәммесин пайғамбар қылдық.
50. Сондай-ақ, оларға Өзимиздиң мийирманшылығымыздан инам еттик ҳәм оларға жоқары (дәрежедеги), «туўры сөйлеўши тил»[9] бердик.
51. (Ҳәй Муҳаммад!) Китапта (Қуранда) Муўсаны (қыссасын) есле! Әлбетте, ол таңлап алынған елши – пайғамбар еди.
52. Биз оған Туўрдың (таўының) оң тәрепинен нида қылдық ҳәм оны жалбарынған ҳалында Өзимизге жақынластырдық.
53. Биз оған Өзимиздиң мийирманшылығымыздан әжағасы – Ҳарунды (жәрдемши) пайғамбар етип бердик.
54. (Ҳәй Муҳаммад!) Китапта Исмайылды (қыссасын) есле! Әлбетте, ол ўәдесине садық болған Расул ҳәм Нәбий еди.
55. Ол өзиниң әҳлин (ҳәм үмметин) намазға ҳәм зәкатқа буйырар еди ҳәм Рәббиси алдында разы болынған (адам) еди.
56. Және (усы) Китапта Идристи (қыссасын) есле! Әлбетте, ол жүдә расгөй пайғамбар еди.
57. Биз оны жоқары дәрежеге көтердик[10].
58. Әне солар – Аллаҳ неъмат берген, Адам зүрядынан (Идрис киби), Биз Нуҳ пенен бирге (кемеде топан суў бәлесинен қутқарып,) көтерген адамлардан (олардың перзентлеринен), Ибраҳим зүрядынан (Исмайыл, Исҳақ, Яқуб киби), Исрайыл (Яқуб зүрядынан болған Муўса, Ҳарун, Зәкария, Яҳя ҳәм Ийса киби) ҳәм Биз ҳидаят қылған ҳәм Биз таңлап алған Пайғамбарлар. Оларға қашан Роҳманның аятлары тиләўат қылынса, сәжде қылған ҳәм жылаған ҳалда жығылады[11].
59. Кейин, олардың артынан намазды зая қылатуғын ҳәм шаҳўатқа (нәпсиниң қәлеўине) еретуғынлар орынбасар болды. Соң, олар тез жаманлыққа (жаман жазаға) жолығады.
60. Тек ким тәўбе қылып, ийман келтирип, ийгиликли ислер қылғанлар (ондай емес). Енди олар жәннетке киреди ҳәм (оларға) улыўма зулым (наҳақлық) қылынбайды.
61. Олар Роҳман бенделерине ғайыптан ўәде еткен мәңги (жасайтуғын) жәннетлерге (киреди). Әлбетте, Оның ўәдеси – (өз ўақтында) келиўши.
62. Ол жерде олар бийҳуўда сөз еситпейди, тек «сәлем»ди ғана (еситеди). Оларға ол жерде күни-түни ырысқылары келип турады.
63. Ол (жер) – бенделеримизден тақўалы болғанларына Биз мийрас етип беретуғын жәннет.
64. (Жәбрайыл): Биз тек ғана Рәббиңниң буйрығы менен ғана түсемиз. Бизлердиң алдымыздағы нәрселер де (ақырет), артымыздағы нәрселер де (дүнья), (екеўи) арасындағы нәрселер де Оныки. Рәббиң умытыўшы емес.
65. (Ол –) аспанлар ҳәм Жердиң ҳәм олар арасындағы нәрселердиң Рәббиси. Солай екен, Оған ғана ибадат қыл ҳәм Оған ибадат қылыўда тақатлы бол! Оған тең затты билесең бе?![12]
66. (Кәпир) инсан: «Егер өлсем, және тири ҳалда (қәбиримнен) шығарыламан ба?!» – дейди.
67. Сол инсан, Биз оны алдын ҳеш нәрсе[13] емес ўақтында жаратқанымызды есине түсирмей ме?!
68. (Солай екен, ҳәй Муҳаммад!) Рәббиңе ант, Биз оларды шайтанлары менен бирге топлаймыз, соң оларды (ҳәммесин) дизе бүккен ҳалында жәҳәннем дөгерегине топлаймыз.
69. Соң, ҳәр бир топардан Роҳманға қатты ҳәсиге кеткенлерин суўырып аламыз (ҳәм жәҳәннемге саламыз).
70. Соң, әлбетте, оған (жәҳәннемге) ким кириўге ылайығырақ екенин Биз жақсырақ билиўшимиз.
71. Сизлерден ҳәр бириңиз оған (жәҳәннемге) жақынласасыз[14]. Бул – Рәббиң Өз қәлеўи менен белгилеп қойған ҳүким.
72. Соң, тақўалыларды (оннан) қутқарамыз. Залымларды ол жерде (жәҳәннемде) дизе бүккен ҳалында қалдырамыз.
73. Қашан олар (инсанлар)ға Бизиң анық аятларымыз тиләўат қылынса, күпир келтиргенлер ийман келтиргенлерге: «Еки топардың қайсы бири жақсы мәртебеде ҳәм шырайлы орында?» – дейди.
74. Биз олардан алдын мал-дүньясы (буйымлары) ҳәм көриниси шырайлы болған қаншадан-қанша әўладларды қыйратқанбыз!
75. (Ҳәй Муҳаммад!) айт: «Ким адасыўда болса, Роҳман оған мүддетин узайтсын, сонда өзине ўәде етилген нәрсе – (дүнья) азабын ямаса қыяметти көргенде, кимниң мәртебеси жаманырақ ҳәм ләшкери әззирек екенин биледи.
76. Аллаҳ ҳидаятта жүргенлердиң ҳидаятын зыяда қылады. Рәббиңиздиң нәзеринде мәңги қалыўшы ийгиликли ислердиң саўабы – жақсырақ ҳәм ақыбети – қайырлы.
77. (Ҳәй Муҳаммад!) Аятларымызға күпир келтирген ҳәм: «Әлбетте, (ақыретте де) маған мал-дүнья ҳәм бала-шаға бериледи», – дегенди көрдиң бе?!
78. Ол ғайыптан (илиминен)[15] хабардар болып па ямаса Роҳманның алдынан келисим алған ба?!
79. Яқ! Биз оның не дегенин жазып қоямыз ҳәм оған азапты созып (зыяда қылып) беремиз.
80. Ол айтып атырған нәрсени (мал-мүликти) Биз мийрас етип аламыз. Ол Бизге жалғыз келеди.
81. Олар (Мәккә мушриклери) Аллаҳты қойып, өзлерине қүдирет болыўы ушын «илаҳлар»ды тутты.
82. Яқ! (Қыяметте бутлары) олардың қылған ибадатларын инкәр етеди ҳәм оларға қарсы болады.
83. (Ҳәй Муҳаммад!) Биз кәпирлерге оларды (гүна ислерге) қозғап туратуғын шайтанларды жибергенимизди көрмедиң бе?!
84. Солай екен, оларға (азап сораўда) асықпа! Әлбетте, Биз оларды (гүналарын) анық есаплап турамыз.
85. Тақўалыларды Биз (көликли) мийман ҳалында[16] Роҳманның алдына топлайтуғын Күн,
86. ал, жынаятшы-кәпирлерди жәҳәннемге түсиўи ушын қуўатуғын (Күнди еслең!)
87. (Ол күни) тек Роҳманның алдында келисим алғанлар ғана (гүнакар мөминлерди) шәпәәт қылыўға ийе болады.
88. (Мушриклер): «Роҳман перзент тутты (яғный, перзенти бар)», – деди.
89. (Ҳәй мушриклер!) Сизлер ҳақыйқатында да, жүдә аўыр нәрсени әкелдиңиз (жүдә жаман гәп айттыңыз).
90. Оның (аўырлығынан) аспанлар жарылып, Жер бөлинип, таўлар қулап жығылайын, дейди.
91. Себеп – Роҳманның баласы бар, дегени.
92. Роҳман (абырайы) ушын бала тутыў ылайық емес.
93. Аспанлар ҳәм Жердеги ҳәмме жанзат Роҳманға бойсынған ҳалында келеди.
94. Ҳақыйқатында да, Ол оларды (алған нәпеслерине шекем) есаплап, санап қойыпты.
95. Олардың ҳәммеси қыямет күни Оның алдына (есап бериў ушын) жалғыз келеди.
96. Әлбетте, ийман келтирген ҳәм ийгиликли ислерди қылғанларға Роҳман (олардың қәлбинде Өзине) дослық пайда қылады.
97. (Ҳәй Муҳаммад!) Әлбетте, Биз тақўалыларға хош хабар бериўиң ҳәм душпан қәўимди ескертиўиң ушын оны (Қуран тиләўатын) сениң тилиңе жеңил қылдық.
98. Биз олардан (Мәккә мушриклеринен) алдын да қаншадан-қанша (бойсынбаған) әўладты қыйраттық. Сен олардан биреўин болса да сезип ямаса даўысын еситип атырсаң ба?!
[1] 19. МӘРЬЯМ СҮРЕСИ
Мәрьям – Имранның қызы, Ийса пайғамбардың анасы. Сүреде Мәрьямнан Ийсаның (а.с.) әкесиз туўылыўы, бесикте сөйлегени ҳәм басқа мөжизалары ҳаққында аятлар болғаны ушын ол «Мәрьям» сүреси деп аталған. Сүреде пайғамбарлардан Нуҳ, Идрис, Ибраҳим, Исмайыл, Исҳақ, Яқуб, Муўса, Ҳарун, Зәкария ҳәм Яҳя (а.с.)лар ҳаққында да аятлар бар.
Қалған аятларда таўҳид, ийман, ақыйда, жәннет, дозақ, ақырет, Аллаҳтың кеңшилиги, мийрими ҳәм мағфираты киби мәнаўий түсиниклер өз сәўлелениўин тапқан.
[2] 11-аят. Зәкария туўмайтуғын ҳаялы ҳәмиледар болатуғынын ўаҳий менен билди. Ал, буның белгиси пайғамбардың тили Таўрат оқыў, тасбиҳ айтыўдан басқасына айланбай қалыўы еди. Адамлар менен тек ым-ишара арқалы сөйлесип турды. Яҳя (а.с.) туўылды. Оған Ҳақ таала нәрестелик шағында-ақ ўаҳий жиберди.
[3] 12-аят. Яҳя (а.с.) үш жасында Таўрат китабын биймәлел оқыған. Теңлес балалар көшеде ойнаўға шақырса, Яҳя оларға: «Ойын ушын жаратылмағанбыз», – дейди екен. Соның ушын Қуранды балағат жасына жетпей турып ядлаған қарыйлар да Яҳя (а.с.) киби ҳикмет инам етилген инсанлардан саналады екен (Мд.Хз.).
[4] 22-аят. Мәрьям (а.с.) ҳәмилесин жасырып, Байтуллаҳм деген жерге барып көз жарады. Усы пайытта Мәрьямның (а.с.) жасы 16 жастан аспаған болып, ҳәмиледарлық мүддети де узақ созылмай, бир саат, 6, 7, 8, 9 ай деген рәўиятлар бар (Мд. Хз.).
[5] 30-аят. Аллаҳ ерк қылса, бесиктеги бала да сөйлейди, ҳәтте пайғамбар да болыўы мүмкин екен. Сөйлеген ўақтында Ийса (а.с.) бир күнлик яки қырық күнлик нәресте болғаны туўралы рәўиятлар бар (Мд. Хз.).
[6] 34-аят. Ийсаның (а.с.) лақаплары бир неше – Масийҳ, Кәлийматуллаҳ, Қаўлул-Ҳақ (Ҳақтың сөзи). Кәлийма яки сөз дегенде Аллаҳтың «Бол!» деген сөзи нәзерде тутылған. Усы илаҳий әмир ҳәм қүдирет пенен Ийса (а.с.) әкесиз дүньяға келген.
[7] 37-аят. Ийса (а.с.) туўралы түрли надурыс исенимлерди пайда қылған ағымлар: настурия, яқубия ҳәм милкания ағымлары есапланады. Олар Ийса (а.с.) Аллаҳтың улы, Аллаҳтың өзи, үш илаҳтың бири киби ақыйдаларда болған (Мд. Лс.).
Әҳли Сунна ақыйдасы бойынша, Ийса (а.с.) Аллаҳтың қүдирети менен Адам (а.с.) киби илаҳий мөжиза сыпатында әкесиз жаратылған бендеси ҳәм пайғамбары есапланады (Ақ.).
[8] 39-аят. Дозақ әҳлине жәннеттеги орынларын көрсетип: «Егер мөмин болғаныңызда орныңыз усы жерде болар еди», – делинген күн – ҳәсирет-пушайманлық күни есапланады. Тап усы күни ҳәдисте айтылыўы бойынша, жәннет пенен дозақ ортасында өлим бир қошқар көринисинде алып келинип, ҳәммениң көз алдында сойып жибериледи екен. Дозақ әҳли буны көрип, мәңги азапланыўын билип ҳәсирет-пушайман шегеди екен.
[9] 50-аят. «Туўры сөйлеўши тил» ҳақыйқый, шын мақтаў есапланады. Ибраҳим (а.с.) ҳәм оның зүряды мудамы тиллерде мақталып, оларға салаўат жиберип турылады (Тб. Мд.).
[10] 57-аят. Бул аяттағы «жоқары дәреже» пайғамбарлық дәрежеси яки төртинши аспанға шығып кеткени ямаса жәннетке киргени есапланады, деп тәфсир қылынған. Меражға тийисли ҳәдисте Расул (а.с.) төртинши аспанда Идристи (а.с.) көргени айтылған.
Ҳасан Басрий (рҳ.) айтады: «Идристиң (а.с.) ибадаты периштелерге жағып қалады. Өлим периштеси Аллаҳтан руқсат сорап оның зыяратына барғанында Идрис (а.с.) оған: «Маған өлимниң ашшысын бир таттыр, кейин аңсат жан берейин», – дейди. Ол разы болады. Қайта тирилгеннен кейин: «Енди бир дозаққа да киргизип шығар, оннан көбирек қорқайын», – дейди. Периште бул илтимасын да орынлайды. «Енди жәннетке де бир алып кир, оған хошаметим артсын», – дейди. Киргеннен кейин, қайтып шығыўдан бас тартып: «Өлимди таптым, дозаққа кирип шықтым. Жәннетке киргенлер қайта шығарылмағай», – дейди. Периште Аллаҳға арыз қылғанында Ол: «Бул ислер ҳәммеси Мениң руқсатым менен болды. Қой, ол жәннетте қала берсин!», – деген екен. (Мд.).
[11] 58-аят. Сәжде аяты.
[12] 65-аят. Яғный, оған уқсас яки тең ямаса атлас зат жоқ. Ҳәтте, бут ҳәм сәнемлерге сыйыныўшылар да оларды «Аллаҳ» деп емес, «илаҳ» деп атаған (Қз.).
[13] 67-аят. Әҳли Сунна ақоиды бойынша, «маъдум», яғный жаратылмаған, әлемде жоқ нәрсеге «нәрсе» аты берилмейди. Қашан ол жаратылады яки көз алдыға келтириледи, сонда оны нәрсе деп атаў мүмкин. Бул аят буған дәлил есапланады. Муътазилийлер «маъдум» да нәрсе, дейди (Мд. Ақ.).
[14] 71-аят. Аят бойынша, мөминлер де, кәпирлер де жәҳәннемге түсиўи шәрт. Бирақ, Ибраҳимге (а.с.) от салқын ҳәм саламатлық болғанындай, мөминлерди ийман нуры от тәсиринен қорғайды яки бул жерде сират көпири нәзерде тутылған (Мд. Хз.)
[15] 78-аят. Яғный, «Лаўҳул-маҳфуз»дан оқып хабардар болып па?!
[16] 85-аят. Ҳәдисте айтылыўы бойынша, қыямет күни биреўлер пияда, биреўлер атлы (көликте), биреўлер ет бети менен жүреди. Саҳабалардан бири ет бети менен жүриў қыйын ғой, дегенинде Расул (а.с.): «Бул дүньяда еки аяқта жүргизген ақыретте ет бети менен жүргизиўге де қәдир», – деген екен (Бх. Хз.).