1. Өзиниң бендесин (Муҳаммадты) түнде (Мәккәдағы) Масжидул Ҳарамнан Биз дөгерегин берекетли қылып қойған (Қуддустағы) Масжидул Ақсоға мөжизаларымызды көрсетиў ушын сейил қылдырған (Аллаҳ) пәк[2]. Әлбетте, Ол – Еситиўши, Көриўши.
2. (Биз) Муўсаға Китап (Таўрат)ты бердик ҳәм оны Исрайыл әўладына ҳидаят қылып: «Меннен басқаны ўәкил қылмаң!» (– дедик).
3. (Ҳәй) Биз (шөгиўден қутқарып,) Нуҳ пенен бирге (кемеде суўдың үстинде) көтергенлердиң зүрядлары! Әлбетте, ол (Нуҳ) жүдә шүкирли бенде еди.
4. Сондай-ақ, Биз Китапта Исрайыл әўладына: «Сизлер, әлбетте, (Шамдай) жерде еки мәрте бузғыншылық қыласыз ҳәм қатты ҳәддиңизден асасыз», – деп хабар бердик.
5. Кейин қашан сол екеўинен (бузғыншылықлардан) бириншисиниң белгиленген ўақты келгенде, сизлердиң үстиңизге (жазалаў ушын) күш-қуўатқа ийе болған бенделеримизди[3] жибердик. Соң олар үйме-үй аралап шықты. (Бул ўәде) – орынланатуғын ўәде.
6. Соң (тәўбе қылғаныңыздан кейин) олардың (Бабыл ҳүкимдарының) үстинен жеңисти сизлерге қайтардық ҳәм сизлерге мал-дүнья, перзентлер менен жәрдем берип, сизлердиң саныңызды көбейттик.
7. Егер (усыдан кейин) жақсы ис қылған болсаңыз, өзиңиз ушын жақсы ис қылған боласыз. Егер жаманлық қылған болсаңыз да – өзиңиз ушын. Қашан кейинги ўәде (бузғыншылықтың белгиленген ўақты) келгенде, олар жүзиңизди қара қылыў ушын, мешитке (Байтул Мақдиске) алдынғы сапардағыдай қылып кириўи (ҳәм оны аяқ асты қылыў) ушын ҳәм өзлери ийелеген (бәрше) нәрсени улыўма ўайран қылыўы ушын (душпанларыңызды және үстиңизге жиберемиз).
8. (Егер тәўбе қылсаңыз,) қәнекей, Рәббиңиз сизлерге рейим қылса. Егер сизлер (және бузғыншылыққа) қайтсаңыз, Биз де (сизлерди қыйратыўға) қайтамыз. Жәҳәннемди кәпирлерге қамақ қылып қойғанбыз.
9. Әлбетте, бул Қуран ең туўры жолға ҳидаят қылады ҳәм ийгиликли ис қылыўшы мөминлерге үлкен сыйлық бар екени ҳаққында хош хабар береди.
10. Сондай-ақ, ақыретке ийман келтирмейтуғынларға аўыртыўшы азап таярлап қойғанымыздың да («хош хабарын» береди).
11. Инсан (Аллаҳтан) жақсылық сорап дуўа қылғанындай, (арасында қамыққан ўақытта) жаманлық сорап та дуўа қылады. Инсан (усындай) асығыўшы болды.
12. Биз түн менен күндизди (қүдиретимизди көрсетип туратуғын) еки белги қылдық. Түнниң белгисин өширдик[4]. Ал, күндиздиң белгисин Рәббиңизден кеңшиликти талап етиўиңиз ушын ҳәм жыллардың санын ҳәм есабын билиўиңиз ушын көрсетиўши қылып қойдық. Ҳәмме нәрсени толық баян еттик.
13. Биз ҳәр бир инсанның қылған исин өзиниң мойнына илип қойыппыз. Қыямет күнинде оған ашық ҳалда ушырататуғын (дүньяда қылған әмеллери жазылған) китапты шығарып беремиз.
14. (Оған айтылады): «Китабыңды оқы! Бүгин сен өзиңе өзиң жетерли есапшысаң».
15. Ким ҳидаят жолында жүрсе, тек өзи ушын ғана жүреди. Ким (ҳидаяттан) адасса, тек өзи ушын ғана адасады. Ҳеш бир (жүк) көтериўши (гүнакар) басқаның жүгин (гүнасын) көтере алмайды. Биз пайғамбар жибермегенимизше (ҳеш кимди) азаплаўшы емеспиз.
16. Егер бир қаланы қыйратыўды қәлесек, ондағы дәбдебеге берилген адамларды (итаатқа) буйырамыз, кейин олар ол жерде бойсынбағанда, оның үстине (ол қала халқы үстине азап келиўи ҳаққындағы) «сөз» ҳақыйқат болады. Кейин, Биз оны ўайран қыламыз.
17. Нуҳтан (қәўиминен) кейин қаншадан-қанша әўладларды қыйраттық. Бенделериниң гүналарынан хабардар болыў ҳәм оларды көриўде Рәббиңниң Өзи жетерли.
18. Ким асығыс нәрсени (бул дүньяны) қәлесе, оған сол жерде (бул дүньяда) қәлеген адамға қәлеген нәрсемизди тезлетемиз. Соң оған (ақыретте) жәҳәннемди хор ҳәм зар болған ҳалында күйетуғын жер қылып беремиз.
19. Ким ақыретти қәлесе ҳәм мөмин ҳалында (ақыретке ылайық) ҳәрекетти қылса, онда әне солардың ҳәрекетлери (Аллаҳтың алдында) қабыл[5].
20. (Ҳәй Муҳаммад!) Ҳәммеге – мыналарға да (мөминлерге де), анаўларға да (кәпирлерге де) Рәббиңниң неъматларын беремиз. Рәббиңниң неъматлары (ҳеш кимнен) тосылыўшы емес.
21. (Бул дүньяда) олардың айырымын айырымынан (ырысқы ҳәм мәртебеде қандай) абзал қылғанымызға қара! Әлбетте, ақырет дәрежелери үлкенирек ҳәм абзалырақ.
22. Аллаҳға басқа «илаҳ»ты қоспа! (Егер ондай қылсаң), қараланып, шарасыз отырып қаласаң.
23. Рәббиң тек Өзине ғана ибадат қылыўыңа ҳәм ата-анаға жақсылық етиўге буйырды. (Ҳәй инсан!) Егер алдыңда олардан биреўи яки екеўи де қартайса, онда оларға «уф!..» – деме, оларға жекиринбе! Оларға (удайына) жақсы сөз айт![6]
24. Екеўине мийирманлық пенен хорлық қанатыңды пәслет ҳәм (дуўаларыңда): «Я Рәббим! (Олар) мени нәрестелигимде тәрбиялағанындай, Сен де оларға рейим қыл!» – деп айт.
25. Рәббиңиз – кеўилиңиздеги нәрсени (сырларды) жақсы билиўши. Егер сизлер солиҳ болсаңыз, әлбетте, Ол – көп тәўбе қылыўшылар ушын кеширимли.
26. Ағайин-туўысқанға, мискинге ҳәм жолаўшыға (қайыр-иҳсан етиў менен) ҳақысын бер![7] Ысырапкершиликке улыўма жол қойма.
27. Әлбетте, ысырапкерлер шайтанның ағайинлери болған. Ал, шайтан Рәббисине дым нашүкир еди.
28. Егер сен Рәббиңнен болатуғын мийримди үмит қылған ҳалыңда олардан (ағайин, мискин ҳәм жолаўшылардан) жүз буратуғын (жәрдем бермейтуғын) болсаң, онда оларға мүләйим сөз айт.
29. (Сықмарлық қылып) қолыңды мойныңа байлап алма! (Ысырапкершилик қылып,) оны улыўма жайып та жиберме! Кери жағдайда, гәп сөзге қалып, ҳәсиретте отырып қаласаң[8].
30. Әлбетте, Рәббиң ырысқыны қәлегенине кең ямаса тар қылады. Әлбетте, Ол – бенделеринен хабардар, (олардың аўҳалларын) көриўши.
31. (Ҳәй инсанлар!) Балаларыңызды жарлылықтан қорқып өлтирмең! Биз оларды да, сизлерди де ырысқыландырамыз. Әлбетте, оларды өлтириў – үлкен гүна.
32. Зинаға жақынласпаң! Себеби, ол – бузықлық ҳәм жаман жол.
33. Аллаҳ (өлтириўди) ҳарам қылған жанды өлтирмең. Тек ҳақ пенен (шәрият руқсат берген жағдайда) ғана болады. Ким зулым қылынып (наҳақтан) өлтирилсе, онда Биз оның ийесине (мийрасхорына өш алыўға) бийлик (ҳуқық) бердик. Енди ол (жынаятшыны) өлтириўде ҳәдден аспасын![9] Себеби, ол – жәрдем берилиўши.
34. Жетимниң мал-дүньясына ол балағатқа жеткенше жақынласпа, тек жақсылық пенен ғана (жақынласса болады). Келисимге опа қылың! Себеби, келисим – (қыяметте) соралатуғын ис.
35. (Саўда-сатықта) өлшегениңизде, толық өлшең ҳәм туўры тәрезиде тартың. Усы жақсы ҳәм ақыбети шырайлы (ҳүким).
36. (Ҳәй инсан!) Өзиң (анық) билмеген нәрсеңе ерме! Әлбетте, қулақ, көз ҳәм кеўил – әне солардың ҳәммесинен (ҳәр бир инсан) соралады (жуўапкер).
37. Жер бетинде тәкаббырлық етип жүрме! Себеби, сен (аяғың менен) жерди тесе алмайсаң, узынлықта таўға жете алмайсаң!
38. Булардың ҳәммеси – Рәббиңниң алдында жаман көрилген гүна.
39. (Ҳәй Муҳаммад!) Булар (аятлар) – Рәббиң саған ҳикметлерден ўаҳий қылған (базылар)ы. Аллаҳға басқа «илаҳ»ты қоспа! (Егер сондай қылсаң), гәп-сөзге қалып, (Аллаҳтың мийриминен) қуўылған ҳалыңда жәҳәннемге тасланасаң.
40. (Ҳәй мушриклер!) Рәббиңиз сизлерге ул балаларды таңлап, периштелерди Өзине қыз қылып алған ба еди?! Сизлер аўыр гәп айтып атырсыз ғой!
41. Ҳақыйқатында да, Биз бул Қуранда еслетпе алыў ушын (түрли тымсал ҳәм ҳикметлерди) баян еттик. (Бирақ, бул еслетпелер динге) олардың душпанлығынан басқаны зыяда қылмайды.
42. Сен: «Егер олар айтқанындай, Оның менен бирге (басқа) «илаҳ»лар болғанда, олар Арш ийеси (Аллаҳ) тәрепке жол излеген болар еди», – деп айт[10].
43. Олар айтып атырған нәрседен Ол пәк ҳәм жүдә жоқары.
44. Жети аспан ҳәм Жер ҳәм де олардың арасындағылар Оған тасбиҳ айтады. Бар нәрсениң ҳәммеси Оған ҳамд пенен тасбиҳ айтады[11]. Бирақ, сизлер олардың тасбиҳлерин аңламайсыз. Әлбетте, Ол – Ҳалийм, Кеширимли.
45. (Ҳәй Муҳаммад!) Егер Қуран қирәәт қылсаң, сениң менен ақыретке ийман келтирмейтуғынлар арасында көринбес перде (пайда) қыламыз.
46. Оны аңламаўы ушын олардың кеўлине тосықлар, қулағына аўырлық (пайда) қылдық. Егер сен Қуранда Рәббиңниң жалғыз Өзин зикир қылсаң, олар (мушриклер дәрриў) артына қарап қашады.
47. Биз олар сени тыңлап атырғанында неге тыңлап атырғанын ҳәм залымлардың өз ара сыбырласып (мөминлерге): «Сизлер тек ғана сыйқыршыға ерип атырсыз», – дегенин жақсы билемиз.
48. (Ҳәй Муҳаммад!) Олар сени (сыйқыршы, мәжнүн, шайыр деп) не затларға уқсатып атырғанына қара! Енди олар адасты ҳәм солай екен, (туўры) жолға қәдир болмайды.
49. Олар: «Сүйек ҳәм (ширик) өлиге айланғанымыздан кейин де, және тазадан жаратылып, тирилтилемиз бе?» – деди.
50. Сен айт:«Тас ямаса темир болың.
51. Яки кеўилиңизде (тирилиўи) аўыр көринген басқа бир мақлуқ (болып алың, бәри бир Аллаҳ сизлерди қайта тирилтеди)». Олар: «Бизлерди ким қайта тирилтеди», – дейди. Сен:«Сизлерди биринши мәрте (жоқтан) бар қылған», – деп айт! Олар саған басын қыймылдатып: «Ол (күн) қашан болады?» – дейди, Сен: «Бәлким, жақын шығар», – деп айт!
52. Ол сизлерди шақыратуғын Күни (қыяметте) сизлер Оған ҳамд (айтыў) пенен жуўап бересиз ҳәм (дүньяда) тек аз (мүддет) ғана турғаныңызды ойлап қаласыз.
53. Бенделериме айт, олар (ширк әҳлине) шырайлы (сөзлерден) сөйлесин[12]. Әлбетте, шайтан олардың арасына бузғыншылық салады. Себеби, шайтан инсанға анық душпан.
54. (Ҳәй инсанлар!) Рәббиңиз сизлерди жақсы биледи. Қәлесе, сизлерге рейим қылады, қәлесе сизлерди азаплайды. (Ҳәй Муҳаммад! Биз) сени олар (адамлар)дың үстинен қорықшы қылып қойғанымыз жоқ[13].
55. Рәббиң аспанлар ҳәм Жердеги бар жанзатты жақсы биледи. Ҳақыйқатында да, Биз айырым пайғамбарларды айырымынан абзал қылдық. Даўытқа (илаҳий китап болған) Забурды бердик[14].
56. (Ҳәй Муҳаммад! Мушриклерге) сен: «Оннан (Аллаҳтан) басқа өзиңизше ойлаған нәрсеңизди (бутларыңызды) шақырың! Олар сизлерден бир зыянды болса да жоқ қылыўға ямаса оны бурып жибериўге қәдир ме?!» – деп айт.
57. Олар (илаҳ деп) илтижа қылып атырғанының өзи де Рәббисине қайсы бири жақынырақ болыўына жол излейди. Оның мийриминен үмит қылып, азабынан қорқады. Әлбетте, Рәббиңниң азабы қорқынышлы.
58. Қыяметтен алдын Биз қыйратпайтуғын яки қатты азап пенен азапламайтуғын (Жер бетинде бир де) аўыл (ҳәм қала халқы) қалмайды. Бул (ҳүким) Китапта (Лаўҳул-маҳфузда) жазылған.
59. (Ҳәй Муҳаммад! Мушриклер сораған) мөжизаларды жибериўимизден Бизди тек алдынғылардың (үмметлердиң) олар (мөжизалар)ды жалғанға шығарғаны ғана тоқтатады. Самудқа ашық (мөжиза сыпатында) түйени бергенимизде, олар оған зулым қылды. Биз мөжизаларымызды тек (адамларды апаттан) қорқытыў ушын ғана жиберемиз.
60. (Ҳәй Муҳаммад!) Биз саған: «Әлбетте, Рәббиң (бәрше) адамларды орап алған», – дегенимизди есле. Биз саған көрсеткен түсти ҳәм Қуранда нәлетленген (Заққум деген) теректи адамларға тек сынаў ушын қылдық. Биз оларды (мушриклерди усындай хабарлар менен) қорқытамыз. Бирақ, бул олардың ҳәдден асыўын және де күшейтеди[15].
61. Еслең, Биз периштелерге: «Адамға сәжде қылың!» – дегенимизде сәжде қылды, тек иблис (тәкаббырланып): «Сен ылайдан жаратқан кимсеге сәжде қыламан ба?» – деди.
62. Ол: «Маған айт, меннен үстин қылғаның усы ма? Егер мени қыямет күнине шекем (тири) қалдырсаң, оның зүрядының азғантайынан басқасын қырып таслайман (апат жолларына бурып жиберемен)», – деди.
63. (Аллаҳ) айтты: «Кетебер, (саған қыяметке шекем мәўлет бердим) олардан ким саған ерсе, онда жәҳәннем сизлерге толық жаза болады.
64. Олардан күшиң жеткенин, даўысың (ўасўасаң) менен қозғалт, олардың үстине атлы ҳәм пияда (әскерлериңди) жибер, оларға мал-дүньясында ҳәм балаларында шерик бол (оларды ҳарамнан табыўға үгитле), оларға (жалған) ўәде бер!» Шайтан оларға тек өтирик нәрсени ғана ўәде етеди.
65. Әлбетте, мениң (беккем ҳәм солиҳ) бенделеримниң үстинен сенде ҳеш қандай бийлик жоқ! Рәббиң қорғаўда жетерли.
66. (Ҳәй инсанлар!) Рәббиңиз, Өзиниң кеңшилигинен (ырысқы) талап етиўиңиз ушын сизлерге теңизде кемени жүргизип қойды. Әлбетте, Ол – сизлерге рейимли.
67. Егер теңизде сизлерге бир зыян жетсе, сизлер илтижа қылатуғын Оннан басқа («қудай»)лар ғайып болады. Қашан сизлерди қутқарып, қурғақлыққа шығарса, сизлер (Оннан) жүз бурасыз. Инсан нашүкир болды.
68. Сизлерди Ол қурғақлық тәрептен (жерге) жуттырып жибериўинен яки үстиңизге тас жиберилиўинен, соң өзиңизге қутқарыўшы таба алмай қалыўдан амансыз ба?!
69. Ямаса Ол сизлерди оған (теңизге) және қайтарып, үстиңизге қатты самал жиберип, күпир келтиргениңиз себепли шөктирип жибериўинен, соң сизлерге Бизден өш алып бериўши таба алмай қалыўдан да амансыз ба?!
70. Ҳақыйқатында да, Биз Адам перзентлерин ҳүрметли қылып қойдық, оларды қурғақлық ҳәм теңизде (көликлерге миндирип) көтерип қойдық, пәк нәрселер менен ырысқыландырдық ҳәм оларды Өзимиз жаратқан көп нәрселерден улыўма абзал қылдық.
71. Биз ҳәмме адамларды өзиниң имамлары (әмел китаплары)[16] менен шақыратуғын (қыямет) күнди (еслең!) Кимге китабы оң тәрептен берилсе, онда әне солар китапларын оқыйды ҳәм оларға зәрредей де зулым қылынбайды.
72. Ким бунда (дүньяда) соқыр (адасқан) болса, ол ақыретте де соқыр ҳәм (пүткиллей) жолдан адасқан болады.
73. (Ҳәй Муҳаммад! Мушриклер) сени Бизге (ўаҳийден) өзге нәрселерди тоқып шығарыўыңыз ушын – Биз саған ўаҳий қылған аятлардан бурып жибериўлерине аз қалды. Усындай болғанда, әлбетте, сени дос тутқан болар еди[17].
74. Егер (Биз) сени (ҳақ жолда) беккем қылмағанымызда, ҳақыйқатында да, оларға мейил болыўыңа аз қалған болар еди.
75. Ондай болғанда Биз саған өмирди де (дүнья азабын) еки есе, өлимди де (ақырет азабын) еки есе таттырған болар едик. Соң өзиң ушын Бизге қарсы жәрдемши табалмайсаң.
76. Олар сени (бул) жерден (Мәккәдан)[18] қозғап, оннан шығарып жибериўине аз қалды. Ондай болғанда, өзлери де сеннен кейин азырақ (мүддет) тура алар еди (соң қыйралар еди).
77. (Бул –) сеннен алдын Биз жиберген Пайғамбарларымыздың жолы. Бизиң жолымызда өзгерис таба алмайсаң.
78. Қуяш аўғаннан түн қараңғысына шекем намазды кәмил оқы ҳәм таңғы оқыў (таң намаз)ды да (кәмил оқы!) Әлбетте, таңғы оқыў (периштелер) гүўа болатуғын (намаз)[19].
79. Түнде (ярым ақшам оянып) саған қосымша болатуғын нәпил (таҳажжуд) намаз оқы! Қәнекей (сонда), Рәббиң сени (қыямет күни) мақталған (шәпәәт қылатуғын) дәрежеде тирилтсе.
80. Және: «Я Рәббим! Мени киретуғын жериме (қәбирге) садықлық пенен (гүналарым кеширилген ҳалда) киргиз, шығатуғын жеримде (тирилткениңде) де садықлық пенен (разылығың менен) шығар ҳәм Өзиңниң алдыңда маған жәрдем бериўши ҳүжжет (пайда) қыл», – деп айт.
81. Және: «Ҳақ (Ислам) келди, наҳақлық (күпир) жоқ болды. Себеби, наҳақлық ҳәмме ўақыт жоқ болыўшы», – деп айт.
82. (Биз) Қураннан мөминлер ушын шыпа ҳәм мийрим болған (аят)ларды нәзил етемиз. Ол (бул аятлар) залымларға зыяннан басқаны зыяда қылмайды.
83. Қашан (Биз) инсанға (тынышлық, саламатлық, пәраўанлық) инам етсек, ол (шүкир қылыўдан) жүз бурады ҳәм өзин шетке алып, узақласады. Қашан оған (кеселлик, жарлылық киби) бир жаманлық жетсе, үмитсиз болады.
84. Сен: «Ҳәр ким өзиниң усылына қарап әмел қылады. Рәббиңиз ким туўры жолда екенин жақсы биледи», – деп айт.
85. (Ҳәй Муҳаммад!) Сеннен руўх ҳаққында сорайды. Сен: «Руўх (ҳаққындағы илим) Рәббимниң исинен. Ал, сизлерге аз илим берилген», – деп айт[20].
86. Егер қәлесек, саған ўаҳий қылған нәрсемизди (Қуранды) кетиремиз. Соң, Бизге қарсы өзиңе (Қуранды қайтарып алыў ушын) жәрдемши таба алмайсаң.
87. Тек Рәббиңнен болған мийрим менен ғана (Қуранды қайтарып алыўыңыз мүмкин). Әлбетте, саған Оның кеңшилиги үлкен.
88. Сен: «Егер инсанлар ҳәм жинлер усы Қуранға уқсас нәрсени келтириў ушын бирлесип, бир-бирине жәрдемши болса да, оған уқсасын келтире алмайды», – деп айт.
89. Ҳақыйқатында да, (Биз) бул Қуранда адамларға түрли мысалларды баян еттик. Бирақ, адамлардың көбиси инкәр етиўди ғана ықтыяр қылды.
90. (Кәпирлер) айтты: «Бизлерге (мына) жерди жарып, булақ шығарып бермегениңше саған ийман келтирмеймиз[21]
91. ямаса сениң жүзим ҳәм қурма бағың болып, олардың арасынан жарып, дәрьяларды ағызбағаныңша
92. ямаса өзиң ўәде еткениңдей, үстимизге аспанды бөлек-бөлек етип түсирмегениңше яки Аллаҳты ҳәм периштелерди алдымызға әкелмегениңше
93. ямаса сениң алтыннан бир үйиң болмағанша яки аспанға көтерилмегениңше (саған ийман келтирмеймиз.) (Аспанға көтерилгениңде де,) бизлер оқыўымыз ушын китап түсирмегениңше сениң көтерилгениңе исенбеймиз». (Ҳәй Муҳаммад!) Сен: «Рәббим – пәк. Мен тек бир пайғамбар адамман», – деп айт.
94. Адамларға ҳидаят келгенде, тек: «Аллаҳ (периштени емес, ал) адамзатты пайғамбар етип жиберген бе?!» – деп айтыўы ғана оларды ийман келтириўден ирикти.
95. Сен: «Егер Жер бетинде (адамлар емес) периштелер қәтержам (мәкан тутып) жүргенде, оларға аспаннан периште(ни) пайғамбар етип түсирген болар едик», – деп айт.
96. Сен: «Мениң менен сизлердиң арамызда Аллаҳ Өзи жетерли гүўа. Әлбетте, Ол Өзиниң бенделеринен хабардар ҳәм (оларды) көрип турыўшы», – деп айт.
97. Аллаҳ кимди ҳидаят қылса, онда ол – ҳидаят табыўшы. Ол кимди адастырса, онда олар ушын Оннан басқа досларды таба алмайсаң. Оларды қыямет күни жүзин пәс қылып, соқыр, герең, сақаў қылып тирилтемиз[22]. Олардың орны – жәҳәннем. Ол (жәҳәннем жалыны) қашан пәсейсе, оларға жалынды лаўлатамыз.
98. Бул – олар Бизиң аятларымызға күпир келтиргени ҳәм «Егер сүйек ҳәм (ширик) өли болсақ та, тазадан жаратылып, қайта тирилтилемиз бе?!» дегениниң жазасы.
99. (Кәпирлер) аспанлар ҳәм Жерди жаратқан Аллаҳ оларға уқсасын да жаратыўға қәдир екенин көрмеди ме?! (Аллаҳ) олар ушын мүддет белгилеп қойғанына шубҳа жоқ. Бирақ, залымлар күпирден басқасынан бас тартты.
100. (Ҳәй Муҳаммад!) Сен (мушриклерге): «Егер сизлер Рәббимниң мийрим (ырысқы) ғәзийнелерине ийе болсаңыз да, оны сарплаўдан қорқып, сықмарлық қылған болар едиңиз. (Себеби,) инсаният сықмар болады», – деп айт.
101. Ҳақыйқатында да, Биз Муўсаға тоғыз анық мөжизаны бердик[23]. Соң ол (Фиръаўн алдына) келгенде, (оған): «Исрайыл әўладын (өзлериниң журты болған – Шамға жибериўин, Фиръаўннан) сора!» (– деп буйырдық). Сонда Фиръаўн оған: «Ҳәй Муўса! Мен сени, әлбетте, сыйқырланған, деп ойлап атырман», – деди.
102. (Муўса): «(Ҳәй Фиръаўн!) Мына (мөжиза)ларды аспанлар ҳәм Жердиң Рәббиси анық қылып нәзил еткенин жақсы билесең. Ҳәй Фиръаўн, мен сени қыйралыўшылардан деп ойлап атырман», – деди.
103. Сонда, (Фиръаўн Муўса ҳәм оның қәўимин) ол жерден қозғалтпақшы болғанда, Биз оны (Фиръаўнды) ҳәм оның менен бирге болғанлардың ҳәммесин (теңизге) шөктирдик.
104. Оннан (Фиръаўннан) кейин Исрайыл әўладына: «Усы жерге (Мысырға) орналасың. Енди қашан ўәде етилген ақырет келгенде, сизлердиң ҳәммеңизди топлап (мәҳшарға) келтиремиз», – дедик.
105. Биз оны (Қуранды) ҳақыйқат (ҳикмет) пенен нәзил еттик, (ол да) ҳақыйқат пенен нәзил болды. (Ҳәй Муҳаммад!) Биз сени (мөминлерге) тек хош хабаршы ҳәм (кәпирлерди дозақ азабынан) ескертиўши етип жибердик.
106. Қуранды адамларға асықпай оқып бериўиң ушын оны бөлеклерге бөлдик ҳәм бөлип-бөлип нәзил еттик.
107. Сен: «(Ҳәй мушриклер!) Оған ийман келтириң яки ийман келтирмең – (ықтыярыңыз). Әлбетте, оннан (Қураннан) алдын илим берилгенлер (Қуран) тиләўат қылынғанда сәжде қылған ҳалда ийек (жүз)лери менен жығылады», – деп айт[24].
108. Сондай-ақ, олар: «Рәббимиз – пәк. Шубҳасыз Рәббимиздиң («Мен соңғы пайғамбарды жиберемен ҳәм оған Қуран нәзил етемен» деген) ўәдеси әмелге асады», – дейди.
109. Олар жылап, ийеклери менен жығылады. Ол (Қуран) олардың бойсыныўшылығын зыяда қылады[25].
110. (Ҳәй Муҳаммад!) Сен: «Аллаҳ, деп дуўа қылың яки Роҳман деп, дуўа қылың, қайсысы менен дуўа қылсаңыз да (болады). Себеби, шырайлы исимлер Оныки», – деп айт. (Ҳәй Муҳаммад!) Намазыңды жүдә бәлент даўыста оқыма (мушриклер еситип, Қуранды сөкпесин), оны жүдә пәс даўыста да оқыма (саҳабалар еситип пайдалансын), булардың ортасындағы жолды тут.
111. Сен: «Перзенти болмаған, бийликте шериги жоқ ҳәм хорлықтан (қутқарыўшы) досты болмаған (ҳеш кимге мүтәж болмаған) Аллаҳға ҳамд болсын», – де ҳәм Оны уллылап тәкбир айт!
[1] 17. ИСРО СҮРЕСИ
«Исро» – түнде сейил қылдырыў.
Сүреде таўҳид, ийман, исеним, ибадат, ийгиликли əмеллер, ата-ананы разы қылыў киби пазыйлетлерге үгит-нәсият пенен бир қатарда, ширк, күпир, гүна, зулым киби жаман сыпатлардан жырақ болыўға шақырыўшы аятлар сүреден орын алған.
[2] 1-аят. Исро менен меражды бир-биринен парықлаў лазым. Исро – бул Муҳаммадтың (а.с.) Мәккәдан Қуддусқа – Ақсо мешитине барыўы. Мераж Ақсодан аспанға көтерилип, самаўий сейил қылып қайтқаны есапланады. Усы мераж түнинде мусылманлардың мойнына бес ўақыт намаз оқыў парыз қылынған. Исро ҳəм мераж түни ҳəр жылы ражаб айының 27-түни диний байрам сыпатында нышанланады.
[3] 5-аят. Олар Шам жеринде бул еки бузғыншылықтан бирине қол урып, ләшкерлер пайғамбарды тутқын, Зәкарияны өлтиргеннен кейин олардың үстине Бабыл (Вавилон) ҳүкимдары Бухтинассир ләшкер тартып келип, журтты ўайран қылады ҳəм Таўратты күйдирип, 70000 адамнан ибарат халқын қырып таслайды. Басқа рəўиятларда Бухтинассир орнына Жалут яки Найнаўа ҳүкимдары Санжариб еди, делинген (Мд. Хз.).
[4] 12-аят. Яғный, түнди қараңғылықтан ибарат етип нурсыз, ҳеш нəрсе көринбейтуғын етип қойдық. Ҳақыйқатында да, түнде Айдың жарығы яки шырақ болмаса, инсан көзине ҳеш нəрсе көринбейди. Жарғанатлар ҳəм айырым жанзатлардан басқа.
Егер күн менен түн болмағанда, сəне есабы қыйын болар еди.
[5] 19-аят. Салаф уламаларынан бири былай дейди: «Кимде үш қәсийет болмаса, қылған əмели оған пайда бермейди: беккем ийман, қалыс нийет ҳəм туўры орынланған əмел. Себеби, аятта үш шəрт айтылған: ақырет нийетинде болыў, буйрықларды орынлаўда ылайықлы ҳəрекет қылыў ҳəм беккем ийманлы болыў» (Мд.).
[6] 23-аят. «Оларға жағымлы сөз» дегенде ата-ананы аты менен шақырмаў, ал «аға, апа» киби сөзлер менен мәмиле қылыў, оларды ренжитетуғын гəплерди айтпаў, олардың алдында өзин қул яки шорылардай тутыў сыяқлыларды түсиниў керек (Мд. Хз.).
Ибн Масъуд ҳəм Убай ибн Каъблар (рз.) өзлери ушын көширип алған Қуран нусқаларында «буйырды» ибарасының орнына «усыныс етти» деп жазылған. Бирақ, атақлы қирәәтте «қазо», яғный «буйырды» деп жазылған (Қр.).
[7] 26-аят. Жақын мүтəж ағайинге напақа, мискин ҳəм жолаўшыға зəкат бериў менен ҳақыларын орынлайды (Мд.)
[8] 29-аят. Жабир (рз.) айтады: «Бир жас бала келип, Расулға (а.с.) анасы бир көйлек сорап атырғанын билдирди. Ол басқа ўақытта келиўин буйырған еди. Анасы оны екинши мəрте жиберип, ийниндеги көйлегин болса да бериўин сорайды. Бала келгеннен кейин, Расул (а.с.) өжиресине кирип шешинип, көйлегин берип жиберди. Усы пайытта Билал (рз.) азан айтады. Расулдың (а.с.) намазға шықпағанынан қəўетерленип, алдына кирип қараса, кийимсиз ҳалда отырыпты, себеби басқа көйлеги жоқ еди». Сол себепли усы аят нәзил болған екен.
Айтыўларына қарағанда, бир мусылман ҳаял яҳудий болған күнлеси менен Муўса (а.с.) сақыйырақ па яки Муҳаммад па (а.с.), деген темада тартысып қалғаннан кейин, улын Расул (а.с.) алдына жиберип, көйлек соратқан, делинеди (Мд. Хз.).
[9] 33-аят. Өш алыўда адам өлтирген адам қалып, басқа шахсты өлтирмеў, бир адамды өлтирген адамның орнына биреўден артық адамды өлтирмеў яки жазалаў барысында жазаланыўшыға ғайры инсаный қыйнаўлар бермеў шəрт қылынған.
[10] 42-аят. Яғный, Аллаҳға жақын дос болып, Оннан мəдет алыў нийетинде, Оны излеген болар еди.
[11] 44-аят. Биринши ибарадағы «жанзат»тан мурат Жер ҳəм аспандағы инсанлар, периштелер, жинлер. Кейинги ибарадағы тасбиҳ айтатуғын нəрселерден мурат жанлы яки жансыз нəрселер екенинде тартыс бар. Тереклер, гиялар, суў, кийим, аўқат, ҳайўанлар, қуслар да «Субҳаналлаҳи ўа биҳамдиҳ» деп тасбиҳ айтады екен. Жансыз нəрселердиң сөйлеўи ҳəм тасбиҳ айтыўы туўралы ҳəдислерде айтылған. Суддий (рҳ.) сөзи бойынша, ҳəр бир нəрсе негизги ҳалында турғанда тасбиҳ айтады, басқа нəрсеге айланғаннан кейин, тасбиҳтен тоқтайды. Мəселен, терек шақалары тасбиҳ айтады, олардан кесип алып буйым жасалғаннан кейин, тасбиҳ айтыўдан тоқтайды (Хз).
[12] 53-аят. Бул аятлар менен ҳижраттан алдын, мушриклер мусылманларға түрли азаплар менен қуўдалап атырған дəўирде, оларға Аллаҳтан ҳидаят тилеп, ўақытша келисимге келип турыў лазымлығы уқтырылмақта. Мадина дəўиринде нәзил етилген аятлардан соң бундай аятлар бийкар етилген (Мд. Хз.).
[13] 54-аят. Яғный, Сизди Ислам тəлиматын үмметиңизге тек илаҳий ўаҳий тийкарында жеткерип қойыў ушын жибергенбиз.
[14] 55-аят. Даўытқа (а.с.) нәзил етилген Забур китабы 150 сүреден ибарат болып, олардың ҳəммеси Аллаҳға ҳамду сәне, дуўа ҳәм илтижалардан ибарат еди. Онда ҳадал, ҳарам, парыз, ҳудуд (жоқары жазалар) киби ҳүкимлер болмаған. Бирақ, онда Муҳаммад (а.с.) пайғамбарлардың ақырғысы, үммети бəрше үмметлердиң жақсысы екени туўралы жазылған. «Әнбия» сүресиниң 105-аятында «Əлбетте, (жəннеттей) жерге тек Мениң солиҳ бенделерим (Муҳаммад үммети) мийрас болады», делинген (Мд. Хз.).
[15] 60-аят. Бул аяттағы «Түс» тәфсири түрлише баян етилген. Соның ишинде, айырым муфассирлер Бадр саўашынан алдын көрген түслери деп түсиндирип, онда мусылманлар жеңиси ҳаққында болжаў берилген еди, дейди. Ал, басқалары бул түстен мақсет мераж ўақыялары, деп түсиндиреди. Усы еки түрли тәфсирге муўапық, мераждың ояў ҳалда яки түсинде болғанлығы ҳаққында еки түрли түсиник пайда болған. Түс мераж делинсе, Пайғамбарымыз (а.с.) денеси менен емес, руўхый меражға шыққан болады. Оны Бадр саўашындағы жеңис деп алынса, Расулуллаҳ денеси менен исро ҳəм меражда болған, деген мəни келип шығады. Биз – ҳанафийлер исро ҳəм мераж ўақыясы денеси менен ояў ҳалында жүз берген, деп билемиз.
Мәккә мушриклерине Бадр жеңиси ҳəмде Заққум тереги туўралы айтқанда, олар Расулуллаҳты мазақ қылған. От ишинде терек өсиўин олар ақылларына сыйдыра алмай инкәр еткен (Мд. Хз.).
[16] 71-аят. Әмеллер китабы. Яғный, бул дүньяда қылған жақсы-жаман ислер периштелер тəрепинен жазып жүрилетуғын ис дəптери яки китабы. Ол тек қыямет күни өз ийесине бериледи.
[17] 73-аят. Бул аяттың нәзил болыў себеплеринен бири – Расул (а.с.) Каабаға келип, оның тырнағындағы қара тасты сүймекши болғанда Қурайш мушриклери алдын кирип мабудаларды зыярат қылып, қол менен услап шығыўды усыныс еткен. Усындай азапта турғанда нәзил болған. Басқа себеби – мушриклер мабудаларының атларын айтып турыў шəрти менен Муҳаммад (а.с.) келтирген динди қабыл етиўге разылық билдирген. Сонда нәзил болған. Ибн Аббас (рз.) айтады: «Мушриклер Расулға (а.с.): «Үш шəрт пенен исламға киремиз: намазда ийилип руку, сəжде қылмаў, сәнемлеримизди өз қолларымыз бенен сындырмаў. Лат, Узза атлы мабудаларымызға бир жыл сыйынбасақ та, олардан басқа мақсетлерде пайдаланып турыўымыз», – дегенде нәзил етилген (Хз.).
[18] 76-аят. Мәккәдан емес, Мадинадан Шамға шығарып жибермекши болған, деген рəўият та бар. Мадинаға келгеннен кейин яҳудийлер пайғамбарлар орны – Шам, деп кетиўге көндириўине аз қалған еди, делинген (Хз.).
[19] 78-аят. Усы аяттан бес ўақыт парыз намазларының ўақытларын аңлап алыў мүмкин. Мəселен, Қуяш аўыўы менен песин намазы, сая еки есеге жеткеннен кейин намазлыгердиң ўақты киреди. Қаранғы түсиўи менен, яғный Қуяш батыўы менен намазшам, соң қуптан намазларының ўақты киреди. Ал, «таңғы оқыў» – таң намазы есапланады (Мд.).
[20] 85-аят. Руўх туўралы, ҳақыйқатында да, инсан аз мағлыўматқа ийе. Усы аз мағлыўматқа тийкарланып, алымлар руўх туўралы көп шығармалар жазған. Бирақ, қанша урынбасын, бендеси руўх киби нəрселерди билиўде Аллаҳтың илимине жақын келе алмайды.
[21] 90-аят. Қураны кəриймге уқсас китап жазыўға әззилик қылғаннан кейин Мәккә ҳәмелдарларынан 15 и Кааба жанына жыйналып, Муҳаммадты (а.с.) шақыртып келеди. Усы үгит-нәсият ислеринен қайтарыў мақсетинде оған байлық, патшалық киби нəрселерди ўəде қылады. Ол (а.с.) көнбейди. Соннан кейин усы аятлардағы мөжизаларды көрсетиўди талап етеди (Хз.).
Расулдан (а.с.) байлық ҳəм салтанат есесине пайғамбарлықты тəрк қылыўды талап еткен ҳəм унамсыз жуўап алған 15 мушрик ишинде Әбиў Жаҳл, Умайя ибн Халаф, Ўалид ибн Муғыйра, Рабианың еки улы – Утба менен Шайба, Әбиў Суфян, Ас ибн Ўаил ҳəм Қурайш қəўиминиң басқа ҳәмелдарлары бар еди (ИК, Қр.).
Расул (а.с.) айтады: «Рәббим маған Мәккә əтирапындағы қыр, төбеликлер толы алтын берип, тоқ жасаўымды усыныс етти. Мен Оған яқ деп жуўап берип, маған бир күн аш, бир күн тоқ жүргеним, аш қалғанымда Өзиңе илтижа қылғаным ҳəмде тоқлығымда Өзиңе ҳамд ҳəм шүкир айтып жүргеним абзал, дедим» (Тб.).
[22] 97-аят. Ҳəдисте айтылады: «Қыямет күни адамлар үш түрли ҳалатта жүреди – пияда, көликте ҳəм ет бети менен». Сонда саҳабалар: «Қандай қылып ет бети менен жүреди?» – деп сорағанда Расул (а.с.) айтты: «Бул дүньяда еки аяқ үстинде жүргизип қойған Аллаҳ ақыретте ет бети менен жүргизип қойыўға да қәдир. Оларға тегис емес жерлер ҳəм тикенлерден сақланыў имканияты да бериледи» (Тб.).
[23] 101-аят. Муўсаға (а.с.) инам етилген тоғыз мөжиза туўралы ҳəр түрли рəўиятлар бар. Бир рəўиятта олар – қолларының шуғласы, ҳасасы, суў тасқыны, шегиртке, бийт-бүрге, қурбақалар, қан, тас суўы, Туўр таўы делинсе, басқасында тастан суў шығыўы, Туўр таўы орнына қәҳәтшилик ҳəм мийўесизлик делинеди (Мд.).
Аяттағы «тоғыз мөжиза» ибарасы Таўраттағы Муўса (а.с.) қəўимине қаратылған тоғыз буйрық, деген рəўият та бар (Хз.).
[24] 107-аят. Сəжде аяты.
[25] 109-аят. Ҳанафийден басқа мәзҳабларда сəжде аяты.