1. Әлиф. Ләәм. Мийм. Соод.
2. (Бул Қуран) мөминлерге еслетпе болыўы ушын саған нәзил етилген Китап. Оның менен ескертиўиңде оннан қәлбиң қыйналмасын.
3. Рәббиңизден сизлерге нәзил етилген нәрсеге (Қуран тәлиматына) ериң! Оннан (Аллаҳтан) басқа «дослар»ға ермең! (Еслетпеден) жүдә аз нәсият аласыз.
4. Қаншадан-қанша аўылларды (оның халықларын) қыйраттық. Оларға азабымыз түнги ямаса күндизги уйқысында келди[1].
5. Оларға Бизиң азабымыз келгенде, олардың дуўалары: «Әлбетте, бизлер залымлардан едик», – деўден басқа болмады.
6. Енди, әлбетте, Биз (Пайғамбар) жиберилгенлерден де, Пайғамбарлардан да (дүньяда ислеген ислери ҳаққында) сораймыз.
7. Кейин, оларға (дүньяда ислеген ислерин) билген ҳалда айтып беремиз. Биз (ҳеш нәрсени билмейтуғындай) жоқ емеспиз.
8. Сол күни (дүньяда исленген ислердиң тәрезиде) тартылыўы ҳақыйқат. Солай екен, кимниң тәрезиси (әмеллери) аўыр келсе, әне солар – утысқа ерисиўши[2].
9. Кимниң тәрезиси (әмеллери) жеңил келсе, әне солар аятларымызға зулым (инкәр) қылып, өзлерине зыян келтирген.
10. Ҳақыйқатында да, Биз сизлерди Жер бетинде орналастырдық ҳәм ол жерде сизлерге турмыс ушын керекли нәрселерди (пайда) қылдық. (Бирақ, сизлер) жүдә аз шүкир қыласыз.
11. Ҳақыйқатында да, (Биз) сизлерди (Адамды) жараттық, кейин сизлерге (оған) көринис бердик. Соң периштелерге: «Адамға сәжде қылың!» – дедик. Сонда, олар сәжде қылды, тек Иблис сәжде қылыўшылардан болмады.
12. (Аллаҳ): «Саған буйырғанымда сәжде қылыўыңнан сени не тосты?» – деди. Ол: «Мен оннан жақсыман, мени жалыннан жараттың, оны (Адамды) ылайдан жараттың», – деди[3].
13. (Аллаҳ): «Оннан (жәннеттен) шық! Сен ушын ол жерде (жәннетте) тәкаббырлық қылып жүриў жоқ. Шық! Енди сен – хор болыўшылардансаң», – деди.
14. Ол: «Маған олар (инсанлар) қайта тирилтилетуғын Күнге (қыяметке) шекем мәўлет бер!» – деди.
15. (Аллаҳ): «Әлбетте, Сен – (жаза Күнине шекем) мәўлет берилгенлерденсең», – деди.
16. Ол (шайтан ашыўланып) айтты: «Мени адастырғаның ушын, әлбетте, оларды (адастырыў ушын) Сениң туўры жолыңда (Ислам динин тосып) отыраман.
17. Соң, олардың алдынан, артынан, оң тәрепинен, шеп тәрепинен (алаң қылыў ушын) келемен. (Нәтийжеде) олардың көпшилигин шүкир қылыўшы ҳалда таппайсаң».
18. (Аллаҳ): «Оннан (жәннеттен) айыпланған ҳәм қуўылған ҳалыңда шық! Олардан ким саған ерсе, сизлердиң ҳәммеңиз бенен жәҳәннемди толтыраман», – деди.
19. (Аллаҳ айтты): «Ҳәй Адам! Сен ҳаялың (Ҳаўўа) менен жәннетте тур, екеўиңиз қәлеген нәрседен жең! Тек мына терекке (мийўесинен жеў ушын) жақынласпаң. (Егер оған жақынлассаңыз) онда залымлардан болып қаласыз!»
20. Кейин, шайтан олардың жаўылған әўретлерин ашып жибериў (шерменде қылыў) ушын екеўине ўасўаса қылып[4]: «Рәббиңиз сизлерди периштелерге айланып қалмасын ямаса (жәннетте) мәңги қалыўшылардан болып қалмасын деп мына теректен (жеўди) қайтарды», – деди.
21. Ол екеўине және: «Әлбетте, мен – сизлерге нәсиятшыман», – деп ант ишти.
22. Усылайынша, (шайтан) оларды алдаў менен (қолайсыз жағдайға) түсирди. Екеўи теректен (мийўесинен) жеп көриўи менен, екеўиниң әўретлери ашылып қалды ҳәм өзлерин жәннет жапырақлары менен тоса баслады[5]. Сонда, Рәббиси оларға нида қылып: «Сизлерди сол теректен қайтармаған ба едим, шайтан – сизлерге анық душпан, деп айтпаған ба едим?!» – деди.
23. Екеўи: «Я Рәббимиз, бизлер өзлеримизге (өзимиз) зулым қылдық. Егер бизлерди кеширмесең ҳәм бизлерге рейим қылмасаң, бизлер, әлбетте, зыян көриўшилерден болып қаламыз», – деди.
24. (Аллаҳ): «Бир-бириңизге (зүрядларыңыз өз ара) душпан болған ҳалыңызда (жәннеттен) түсиң! Сизлерге Жер бетинде белгиленген ўақытқа шекем (әжелиңиз жеткенше) турар жер ҳәм пайдаланыў бар», – деди.
25. (Аллаҳ) айтты: «Ол жерде жасайсыз, ол жерде өлесиз ҳәм оннан (ақыретте) қайтып шығасыз[6].
26. Ҳәй Адам балалары! Ҳақыйқатында да, сизлерге әўретиңизди жаўатуғын кийимди ҳәм пәрди (зийнетти) түсирдик[7]. (Бирақ,) тақўа кийими – сол жақсысы. Усылар – Аллаҳтың мөжизалары. Қәнекей, еслесе!
27. Ҳәй Адам балалары! Шайтан ата-аналарыңыздың (Адам ҳәм Ҳаўўаның) әўретлерин өзлерине көрсетиў ушын олардың кийимлерин шешип, жәннеттен шығарғанындай, сизлерди де алдап қоймасын! Әлбетте, ол ҳәм оның топары сизлер оларды көре алмайтуғын тәрептен сизлерди көреди. Биз шайтанларды ийман келтирмейтуғынларға дос қылып қойдық».
28. Олар (мушриклер) қашан бир бузық ис қылса: «Ата-бабаларымыздың усындай (әдет) қылғанын көрдик. Буны бизлерге Аллаҳ буйырған», – дейди[8]. Сен: «Аллаҳ ҳасла бузық иске буйырмайды. Аллаҳ ҳаққында билмейтуғын нәрселериңизди (гәплерди) айта бересиз бе?!» – деп айт.
29. Сен: «Рәббим әдиллик етиўге буйырды. Ҳәр бир мешит (ибадат) алдынан жүзиңизди (кеўлиңизди) туўрылаң! Оған (Аллаҳға) динди қалыс қылған ҳалыңызда дуўа қылың! Сизлерди (алдын жоқтан) жаратқанындай, (қыяметте мәңги өмирге) солай қайтасыз», – деп айт.
30. Бир топарды ҳидаят қылды, ал (басқа) топарға адасыў (жазылғаны) ҳақ болды. Себеби, олар Аллаҳты қойып, шайтанды дос тутып, өзлерин ҳидаят тапқанлар, – деп ойлайды.
31. Ҳәй Адам балалары! Ҳәр бир мешит (намаз) алдынан зийнетлериңизди (кийимлериңизди) кийип алың! Сондай-ақ, жеп-ишиң, (бирақ) ысырап қылмаң! Себеби, Ол ысырап қылыўшыларды жақсы көрмейди[9].
32. Сен: «Аллаҳ Өзиниң бенделери ушын шығарған зийнетлерин ҳәм пәк ырысқыны ким ҳарам қылды?!» – деп айт. Сен: «Ол (зийнет ҳәм пәк ырысқылар) – дүнья өмиринде ийман келтиргенлер (ҳәм басқалар) ушын, ал қыямет күни – қалыс (тек мөминлердиң өзлерине) болады», – деп айт. Билетуғын қәўимлер ушын Усылай етип аятларды толық баян етемиз.
33. Сен: «Рәббим тек ашықтан-ашық ҳәм жасырын бузық ислерди, гүналарды, наҳақ ҳәдден асыўды ҳәм ҳеш қандай ҳүжжет түсирилмеген нәрселерди Аллаҳға шерик қылыўыңызды ҳәм Аллаҳ ҳаққында билмейтуғын нәрселериңизди айтыўды ҳарам қылды», – деп айт.
34. Ҳәр бир үмметке (жаза ушын) мәўлет бар. Қашан (олардың) мәўлети келсе, олар (оны) бир саат алдыға да, артқа да сүре алмайды.
35. Ҳәй Адам балалары! Егер сизлерге өзлериңизден (инсан затынан) болған пайғамбарлар келип, Мениң аятларымды сизлерге оқып берсе, кейин, ким тақўалы болып, өзин дүзетсе, онда оларға (ақыретте) қәўип жоқ, олар қапа да болмайды.
36. Аятларымызды жалғанға шығарған ҳәм олардан (өзлерин жоқары тутып,) тәкаббырлық қылғанлар, әне солар – дозақ ийелери. Олар ол жерде мәңги қалады.
37. Аллаҳ ҳаққында өтирик тоқыған ямаса Оның аятларын жалғанға шығарған (адам)нан да көре залымырақ ким бар?! Әне соларға Китаптағы (өмир) несийбелери жеткенде, олардың жанларын алыўшы периштелеримиз оларға келип: «Аллаҳты қойып илтижа қылып атырған нәрселериңиз (бутларыңыз) қәне?!» – дейди. Олар: «Бизлерден жоғалды», – дейди ҳәм кәпир болғанлары ҳаққында өзлерине қарсы гүўалық береди.
38. (Оларға Аллаҳ): «Сизлерден алдын өткен жин ҳәм адамнан болған (кәпир) үмметлер менен (сизлер де) дозаққа кириң!» – дейди. Ҳәр бир үммет (дозаққа) киргенде, шеригин нәлетлейди. Ол жерде ҳәммеси (бир-бири менен) ушырасқанда, кейингилери алдынғылары ҳаққында: «Я Рәббимиз, бизлерди мыналар адастырды. Оларға дозақтың азабын еки есе қылып бер», – дейди. (Аллаҳ): «Ҳәммеге еки есе қылып берилген, бирақ сизлер билмейсиз», – дейди.
39. Алдынғылар (адастырғанлар) кейингилерге (адастырылғанларға): «Сизлер бизлерден артық емессиз. Ислеген ислериңизге жараса (белгиленген) азапты тарта бериң!», – дейди.
40. Әлбетте, аятларымызды жалғанға шығарғанлар ҳәм олардан (өзлерин жоқары тутып) тәкаббырлық қылғанларға аспан есиклери ашылмайды ҳәм ийнениң көзинен түйе өтпегенше жәннетке кире алмайды[10]. Жынаятшыларды усылай жазалаймыз.
41. Оларға жәҳәннем (жалынынан астына) төсек, үстине көрпе болады. Залымларды усылай жазалаймыз.
42. Ийман келтирип, ийгиликли (саўаплы) ислерди қылғанлар, әне солар – жәннет әҳли. Олар ол жерде мәңги қалады. Биз ҳеш кимди тақатынан артық нәрсеге буйырмаймыз.
43. Кеўиллериндеги (өз ара) жек көриўди (туйғыларын) суўырып тасладық[11]. (Жәннетте) олардың астыларынан дәрьялар ағады. Олар: «Бизлерди буған баслаған Аллаҳға ҳамд болсын, егер (бизлерди) Аллаҳ ҳидаят қылмағанда, өзимиз жол таба алмаған болар едик[12]. Рәббимиздиң пайғамбарлары ҳақыйқатты әкелген екен», – деди. Оларға: «Қылған жақсы ислериңиз себепли усы жәннетиңизди мийрас етип алдыңыз», – деп нида қылынады.
44. Жәннет ийелери дозақ ийелерине (қыямет күни): «Рәббимиз бизлерге ўәде еткен нәрсениң (жәннеттиң) ҳақыйқат екенин таптық. Сизлер де Рәббиңиз ўәде еткен нәрсениң (дозақтың) ҳақыйқат екенин таптыңыз ба?!» – деп нида қылады. Олар: «Аўа!» – дейди. Кейин, олардың арасында бир жаршы (периште шығып) жар салады: «Залымларға Аллаҳтың нәлети болсын!
45. Олар Аллаҳтың жолынан (адамларды) тосатуғын, оны бузыўды қәлейтуғын ҳәм ақыретке исенбейтуғын еди!»
46. (Жәннет ҳәм дозақ ийелери) арасында тосық бар[13]. Ол тосықтың үстинде адамлар болып, олар (жәннет ҳәм дозақтағылардың) ҳәр бирин көринислеринен (белгилеринен) таныйды. Олар жәннет ийелерине: «Сизлерге сәлем болсын!» деп нида қылады. Өзлери (жәннетке кириўди) дәме қылады, (бирақ) кире алмайды.
47. Қашан көзлери дозақ ийелери тәрепке бурылып қалса: «Я Рәббимиз! Бизлерди залым қәўим менен бирге қылма!» – дейди.
48. «Аъроф ийелери» (тосық үстиндегилер) көринисинен таныйтуғын адамларға нида қылып айтады: «Топлағаныңыз (байлықларыңыз) ҳәм қылған тәкаббырлығыңыз сизлерге (күниңизге) жарамапты ғой!
49. «Аллаҳ оларға мийрим жеткизбейди», – деп сизлер ант ишкен (жарлы мусылманлар) солар ма?[14] (Соң тосық үстиндегилерге айтылады): «Жәннетке кириң»! Сизлерге қәўип жоқ, сизлер қапа да болмайсыз!»
50. Дозақ ийелери жәннет ийелерине: «Бизлерге де суўдан ямаса Аллаҳ сизлерди ырысқыландырған нәрседен төгиң», – деп нида қылады. Олар (жуўап берип) айтады: «Әлбетте, Аллаҳ бул екеўин (сизлер сораған нәрселерди) кәпирлерге ҳарам қылған.
51. Олар – динди ойын-күлки қылғанлар ҳәм оларды дүнья өмири алдап қойғанлар». Солай екен, бүгин олар усы Күнге жолығыўды умытқаны ҳәм аятларымызды инкәр еткени киби (Биз де) оларды «умытамыз».
52. Ҳақыйқатында да, Биз оларға (кәпирлерге) илим менен Өзимиз толық баян еткен, ийман келтирген қәўим ушын ҳидаят ҳәм мийирманшылық (дереги) болған Китапты (Қуранды) келтирдик[15].
53. (Ал,) олар (Оның анық мәниси қалып) тек түсиндирмесин (басқаша мазмун берилиўин) күтеди. Оның түсиндирмеси келген Күни (қыяметте) оны (Қуранды) алдын умытқанлар (менсинбегенлер): «Рәббимиздиң Пайғамбарлары ҳақыйқатты әкелген екен. Енди шәпәәт қылыўшы (бут)лар бар ма, бизлерди шәпәәт қылса яки (дүньяға және) қайтарылып, қылған ислеримизден басқа ислерди қылсақ», – дейди. Ҳақыйқатында да, олар өзлерине зыян қылды ҳәм тоқып жүргенлери (бутлары) олардан ғайып болды.
54. Әлбетте, Рәббиңиз Аллаҳ аспанлар ҳәм Жерди алты күнде[16] жаратты, соң Арштың үстинде «мустаўий»[17] болды. Ол күндизди түн менен қаплайды, оны (түн күндизди) асығып қуўады. Қуяш, Ай ҳәм жулдызлар Оның буйрығына бойсындырылған. Билип қойың, жаратыў ҳәм буйырыў тек Оның Өзине тән. Әлемлердиң Рәббиси болған Аллаҳ – берекетли.
55. Рәббиңизге зарланып ҳәм жасырын дуўа қылың! Ол (дуўада ҳәм басқа ислерде) ҳәдден асыўшыларды жақсы көрмейди.
56. Дүзетип қойғанынан кейин Жер бетинде бузғыншылық қылмаң! Оннан қорқып, үмит пенен дуўа қылың! Әлбетте, Аллаҳтың мийрими шырайлы ис қылыўшыларға жақын.
57. Ол Өзиниң мийриминен алдын самалларды жибереди. Қашан олар (самаллар) аўыр бултларды көтергенде, оның менен өли (шөллеген) журтты суўғарамыз. Оннан суў түсирип (жаўын-шашын түринде жаўдырып), оның менен түрли мийўелерди шығарамыз. Өлилерди де (қәбирлеринен) Усылай етип шығарамыз. Қәнекей, еслесеңиз.
58. Пәк журттың шөплери Рәббиңниң руқсаты менен (өнип) шығады. Ал, напәк (журт)тики тек қыйыншылық пенен шығады. Шүкир қылыўшы қәўим ушын аятларды усылай, түрли-түрли етип баян етемиз[18].
59. Ҳақыйқатында да, Биз Нуҳты өзиниң қәўимине (елши қылып) жибердик[19]. Сонда, ол: «Ҳәй қәўимим! Аллаҳға ибадат қылың! Сизлерге Оннан басқа илаҳ жоқ. Мен сизлерге уллы Күнниң (қыямет) азабынан (берилиўинен) қорқаман», – деди.
60. Оның қәўиминен болған ақсүйеклер: «Бизлер сени анық адасыўда көрип турыппыз», – деди.
61. (Нуҳ) айтты: «Ҳәй қәўимим! Мен адасып турғаным жоқ. Бирақ, мен әлемлердиң Рәббиси тәрепинен болған елшимен (пайғамбарман).
62. Сизлерге Рәббимниң жибергенлерин жеткиземен ҳәм нәсият қыламан. Мен Аллаҳтан (ўаҳий арқалы) сизлер билмейтуғын нәрсени билемен.
63. Сизлерди ескертиў ҳәм тақўалы болыўыңыз ушын қәнекей мийримге ериссеңиз, деген Рәббиңизден болған еслетпе өзлериңизден болған адамда келиўинен әжепленип атырсыз ба?!»
64. Кейин, оны өтирикшиге шығарды. Кейин Биз оны ҳәм оның менен бирге (ийман келтиргенлерди) кемеде болғанларды (сақлап, топан суўдан) қутқардық ҳәм аятларымызды жалғанға шығарғанларды (суўға) шөктирдик. Себеби, олар (қәлби) соқыр қәўим еди[20].
65. Адқа (қәўимине) туўысқаны болған Ҳудты[21] (елши етип жибердик). Ол: «Ҳәй қәўимим! Аллаҳға ибадат қылың! Сизлерге Оннан басқа илаҳ жоқ. (Аллаҳтан) қорықпайсыз ба?!» – деди.
66. Оның қәўиминен күпир келтирген ақсүйеклер: «Биз сениң ақылың пәс екенин көрип турыппыз. Сени өтирикши деп ойлап атырмыз», – деди.
67. (Ҳуд) айтты: «Ҳәй қәўимим! Мениң ақылым пәс емес. Бирақ, мен әлемлердиң Рәббиси тәрепинен (жиберилген) елшимен (пайғамбарман).
68. Сизлерге Рәббимниң тапсырмаларын жеткиземен ҳәм мен сизлерге исенимли нәсиятшыман[22].
69. Сизлерди ескертиў ушын Рәббиңизден болған еслетпениң өзлериңизден болған адамда келиўинен әжепленип атырсыз ба?! (Аллаҳ) сизлерди Нуҳ қәўиминен кейин (Жерде) орынбасар қылғанын ҳәм денеңизде күш-қуўатты зыяда қылғанын еслең![23] Аллаҳтың неъматларын еслең, қәнекей, ақыретте утысқа ериссеңиз».
70. Олар: «Сен тек Аллаҳға ибадат қылыўымыз ҳәм ата-бабаларымыз ибадат қылған нәрселерди (бутларды) тәрк етиўимиз ушын алдымызға келдиң бе?[24] Егер рас сөйлеп турған болсаң, бизлерге ўәде қылып турған (қорқытқан) нәрселериңди әкел!» – деди.
71. (Ҳуд): «Ҳақыйқатында да үстиңизге Рәббиңизден болған азап ҳәм ғәзеп жаўылған. Сизлер ҳәм ата-бабаларыңыз қойып алған, (ол ҳаққында) Аллаҳ бир ҳүжжет (ҳүким) түсирмеген нәрселер (бутлар) ҳаққында мениң менен тартысасыз ба?! Енди (азап келиўин) күтип турың! Мен де сизлер менен бирге күтип турыўшыман», – деди.
72. Кейин, оны (Ҳудты) ҳәм оның менен бирге болғанларды (мөминлерди) Өзимиз тәрептен болған мийирманшылық пенен (азаптан) қутқардық. Ал, аятларымызды жалғанға шығарғанларды қырып тасладық. (Олар) мөмин болмады[25].
73. Самудқа (қәўимине) туўысқаны болған Солиҳты (пайғамбар етип жибердик). (Солиҳ) айтты: «Ҳәй қәўимим! Аллаҳға ибадат қылың! Сизлерге Оннан басқа илаҳ жоқ. Рәббиңизден сизлерге ҳүжжет келди. Аллаҳтың мына түйеси – сизлерге мөжиза. Оны өз ҳалына қойың, Аллаҳтың жеринде отласын! Оған жаманлық (нийети) пенен тиймең! (Егер жаманлық қылсаңыз,) онда сизлерди аўыртыўшы азап услайды[26].
74. Сизлерди (Аллаҳ) Адтан (қәўиминен) кейин орынбасар (әўлад) қылғанын, сизлерге Жер бетинде орын берип[27], оның тегисликлеринде сарайларды қурып, таўларды ойып үйлер қылып алғаныңызды еслең! Солай екен, Аллаҳтың неъматларын еслең ҳәм Жер бетинде бузғыншылық қылмаң!»
75. Оның қәўиминен тәкаббыр ақсүйеклер ийман келтиргенлердиң бийшараларына: «Солиҳты Рәббисинен (жиберилген) пайғамбар, деп билесиз бе?!» – деди. Олар: «Әлбетте, бизлер – оның менен келген нәрсеге (ўаҳийге) исениўшилермиз», – деди.
76. Тәкаббыр болғанлар: «Әлбетте, сизлер исенген нәрсе (дин)ге бизлер күпир келтириўшилермиз», – деди.
77. Кейин, түйени сойып жиберди, Рәббисиниң буйрығынан бас тартып: «Ҳәй Солиҳ! Егер пайғамбарлардан болсаң, бизлерге ўәде еткен нәрсеңди (азабыңды) әкел!» – деди.
78. Сонда, оларды қатты силкиниў услады ҳәм өзиниң үлкесинде бүкшийип отырып қалды.
79. Кейин (Солиҳ) олардан жүзин бурып: «Ҳәй қәўимим! Ҳақыйқатында да, мен сизлерге Рәббимниң жибергенин жеткиздим ҳәм сизлерге нәсият қылдым. Бирақ, сизлер нәсият қылыўшыларды жақсы көрмейсиз», – деди.
80. Лутты (да пайғамбар етип жибердик). Ол қәўимине айтты: «Сизлерден алдын еле ҳеш ким қылмаған усындай бузықлықты қыласыз ба?!
81. Әлбетте, сизлер ҳаялларды қойып, еркеклерге шаҳўат пенен «барып атырсыз». Аўа! Сизлер – ысырапкер қәўимсиз!»
82. Қәўиминиң жуўабы: «Оларды (Лут[28] ҳәм мөминлерди) аўылыңыздан шығарып жибериң, олар пәкликти қәлеўшилер екен», деп айтыўдан басқа болмады.
83. Кейин, оны ҳәм оның шаңарағын қутқардық. Тек оның ҳаялы ғана (азапта) қалғанлардан болды.
84. Олардың үстине (азапты) жаўын (қылып) жаўдырдық[29]. Жынаятшылардың ақыбети қандай болғанына қара!
85. Мадянға (қәўимине) туўысқаны Шуайбты (елши етип жибердик)[30]. (Шуайб) айтты: «Ҳәй қәўимим! Аллаҳға ибадат қылың! Сизлерге Оннан басқа илаҳ жоқ. Сизлерге Рәббиңизден ҳүжжет келди. Солай екен, өлшем ҳәм тәрезини толық тартың, адамлардың нәрселерин урып қалмаң! Ол (Жер бетин) дүзетип қойғанынан кейин Жер бетинде бузғыншылық қылмаң! Егер (шын) мөмин болсаңыз, усы сизлер ушын жақсы.
86. Ийман келтиргенлерди қорқытып, Аллаҳтың жолынан тосып, оның (ол жолдың) қыйсық болыўын қәлеп, ҳәр бир көшеде отырып алмаң! Аз болғаныңызда сизлерди (Ол) көбейтип қойғанын еслең! (Өткен) бузғыншылардың ақыбети қандай болғанына (бир) қараң!
87. Егер сизлерден бир топар мениң менен жиберилген нәрсеге (ўаҳийге) ийман келтирип, басқасы ийман келтирмесе, онда Аллаҳ арамызда ҳүким қылғанша сабыр етиң! Ол – ҳүким қылыўшылардың жақсысы», – деди.
88. Оның (Шуайбтың) қәўиминен тәкаббыр ақсүйеклер: «Ҳәй Шуайб! Сени ҳәм сениң менен ийман келтиргенлерди аўылымыздан шығарып жиберемиз ямаса динимизге қайтасыз!» – деди. (Шуайб) айтты: «Бизлер (диниңизди) жаман көриўши болсақ-ше?
89. Сизлердиң диниңизге Аллаҳ оннан қутқарғанынан кейин және қайтсақ, (онда) ҳақыйқатында да Аллаҳ ҳаққында жалған тоқыған боламыз. Бизлер ушын оған қайтыў мүмкин емес, тек Аллаҳтың қәлегени болады. Рәббимиз ҳәмме нәрсени Өзиниң илими менен орап алған. Аллаҳға тәўекел қылдық. Я Рәббимиз! Қәўимимиз бенен бизлердиң арамызда әдиллик пенен ҳүким қыл! Сен – ҳүким қылыўшылардың ең жақсысысаң».
90. Оның қәўиминен күпир келтирген ақсүйеклер: «Егер Шуайбқа ерсеңиз, сизлер зыян көриўши боласыз», – деди.
91. Сонда, оларды қатты силкиниў услады ҳәм өзиниң үлкесинде бүкшийип отырып қалды[31].
92. Шуайбты жалғаншыға шығарғанлар, тап ол жерде (алдын) жасамағандай болып қалды. Шуайбты жалғаншыға шығарғанлар, әне солар зыян көриўши болды.
93. Кейин (Шуайб) олардан жүзин бурып: «Ҳәй қәўимим! Ҳақыйқатында да, сизлерге Рәббимниң жибергенлерин жеткиздим ҳәм сизлерге нәсият қылдым. Енди кәпир қәўимге қалай қайғырайын?!» – деди.
94. Қайсы журтқа пайғамбар жиберсек, оның халқын итаатлы болыўы ушын оларды қыйыншылық ҳәм мүсийбетлер менен сынаймыз.
95. Соң (усы) жаманлықты жақсылыққа алмастырдық. Ҳәтте олар көбейгенде: «Ата-бабаларымызға да (усындай) қыйыншылық ҳәм қуўаныш жетип турар еди», – деди. Кейин оларды өзлери сезбеген ҳалда бирден (азапқа) туттық.
96. Егер (усы) журтлардың халқы ийман келтиргенде ҳәм (Аллаҳтан) қорыққанда еди, Биз, әлбетте, оларға аспан ҳәм Жерден берекетти ашып қойған болар едик[32]. Бирақ, олар (пайғамбарларды) жалғаншыға шығарды. Кейин, оларды қылған ислери себепли (азапқа) туттық.
97. (Сол) журтлардың халқы түнде уйқылап атырғанда, оларға азабымыз келиўинен аманда ма?!
98. Ямаса (сол) журт халқы сәскеде ойнап атырғанда, оларға азабымыз келиўинен аманда ма?!
99. Аллаҳтың «ҳийле»синен де аманда ма?! Аллаҳтың «ҳийле»синен (азабынан) тек зыян көриўши қәўим ғана «арқайын» болады.
100. Жерге оның әҳлинен кейин мийрасхор болғанларға, егер қәлесек, гүналары себепли мүсийбет жеткизиўимиз оларды туўры жолға салмай ма?! Олардың кеўиллерин тамғалаймыз. Нәтийжеде олар (ҳақ гәпти) еситпейди.
101. (Сол) журтлардың хабарын саған қысса қылып айтып атырмыз. Ҳақыйқатында да, Пайғамбарлары оларға ҳүжжетлерди (мөжизаларды) әкелген еди. Бирақ, оларды алдын өтирикшиге шығарғаны ушын[33] ийман келтирмеди. Аллаҳ кәпирлердиң кеўиллерин усылай тамғалап қояды.
102. Олардың көпшилигинен опадарлық таппадық. Олардың көбисиниң фасық екенин таптық (билдик).
103. Соң, олардан (Нуҳ, Ҳуд, Солиҳ ҳәм Шуайбтан) кейин Муўсаны Фиръаўн ҳәм оның ақсүйеклерине (елши қылып) жибердик. Оларға (аятларға) зулым қылды[34]. Бузғыншылардың ақыбети қандай болыўына қара!
104. Муўса айтты: «Ҳәй Фиръаўн! Мен әлемлер Рәббисинен (жиберилген) елшимен (пайғамбарман).
105. Мен Аллаҳ атынан тек ҳақты (гәпти) айтыўға ҳақылыман. Сизлерге Рәббиңизден анық мөжизаны әкелдим. (Ҳәй Фиръаўн!) Мениң менен Исрайыл әўладын (муқаддес журт болған Шамға) жибер!»[35] – деди.
106. (Фиръаўн): «Егер рас сөйлеўшилерден болып, мөжиза келтирген болсаң, онда оны әкел», – деди.
107. Сонда (Муўса) ҳасасын таслаған еди, ол бирден анық айдарҳа болып қалды.
108. Қолын (қойнынан) шығарған еди, ол қарап турғанларға бирден аппақ (нурлы) болып қалды.
109. Фиръаўн қәўиминиң ақсүйеклери: «Бул – жүдә илимли сыйқыршы!» – деди.
110. (Фиръаўн): «Сизлерди өз жериңизден шығарыўды қәлейди. Енди нени буйырасыз?» – деди.
111. Олар айтты: «Оны ҳәм әжағасын (Ҳарунды) қойып тур, (ҳәмме) қалаларға (сыйқыршыларды) топлаўшыларды жибер!
112. (Олар) саған ҳәмме илимли сыйқыршыларды әкелсин!»
113. Сыйқыршылар Фиръаўнға келип: «Егер бизлер жеңсек, бизлерге сыйлық бар ма?» – деди.
114. Ол: «Аўа. Сизлер (маған) жақынлардан боласыз», – деди.
115. (Сыйқыршылар): «Ҳәй Муўса! (Ҳасаңды биринши сен) таслайсаң ба ямаса бизлер (қолымыздағыларды) таслайық па?» – деди.
116. (Муўса): «Таслаң!» – деди. Олар таслағанда, адамлардың көзин сыйқырлап, оларды қорқытты – үлкен сыйқырды әкелди.
117. Биз Муўсаға: «Ҳасаңды тасла!» – деп ўаҳий қылдық. (Муўса ҳасаны таслаған еди, ол айдарҳаға айланып) бирден олар тоқыған нәрселерди (жыланларын) жута баслады[36].
118. Ҳақыйқат айдынласты, ал олардың қылған ислери бийкарға кетти.
119. (Сыйқыршылар) сол жерде жеңилди ҳәм хор болды.
120. Сыйқыршылар сәжде қылған ҳалда жерге жығылды.
121. (Кейин былай) деди: «Әлемлердиң Рәббисине ийман келтирдик,
122. (яғный) Муўса ҳәм Ҳарунның Рәббисине[37]».
123. Фиръаўн айтты: «Мен сизлерге руқсат бермей турып, оған ийман келтирдиңиз бе?! Әлбетте, бул (исиңиз) қаладан оның халқын шығарыў ушын қылған ҳийлеңиз. Жақында билесиз!
124. Әлбетте, аяқ-қолларыңызды қарама-қарсы тәрепинен кестиремен[38], соң ҳәммеңизди (дарға) асаман», – деди.
125. Олар айтты: «Бизлер (өлсек,) әлбетте, Рәббимизге қайтыўшымыз.
126. Сен тек ғана Рәббимиздиң аятлары келгенде, оларға ийман келтиргенимиз ушын бизлерден өш алып атырсаң! Я Рәббимиз, үстимизге сабыр (жаўынын) жаўдыр ҳәм мусылман ҳалымызда жанымызды ал», – деди.
127. Фиръаўн қәўиминиң ақсүйеклери: «(Ҳәй Фиръаўн!) Сени ҳәм қудайларыңды тәрк етсе де, Муўса ҳәм оның қәўимин Жер бетинде бузғыншылық қылыўына қойып бересең бе?» – деди. (Фиръаўн): «Улларын өлтиремиз, ҳаялларын тири қалдырамыз ҳәм бизлер олардың үстинен үстембиз», – деди[39].
128. Муўса қәўимине: «Аллаҳтан жәрдем сораң ҳәм сабыр етиң! Жер бети – Аллаҳтики. Оны Өзи қәлеген бенделерине мийрас етип береди. Ал, ақыбет (жақсылықлары) – тақўалылардики», – деди.
129. Олар (Муўсаға): «Сен бизлерге келмесиңнен алдын да, келгениңнен кейин де, азарландық»[40], – деди. (Муўса): «Рәббиңиз душпанларды қыйратып, сизлерди (Мысырдай) жерде орынбасар қылады, кейин қандай ислер қылыўыңызға қарайды», – деди.
130. Биз Фиръаўнның халқын, қәнекей, еслесе, деп (суўсызлық) жыллары менен ҳәм мийўелердиң қытшылығы менен усладық.
131. Олар өзлерине жақсылық жеткенде: «Биз буған ҳақылымыз», – деди. Егер оларға жаманлық жетсе, (жаманлықтың себебин) Муўса ҳәм оның менен болғанлардан (мөминлерден) көреди. Билип қойың, олардың биреўден көрип атырғаны Аллаҳтан (болып атыр). Бирақ, олардың көбиси билмейди.
132. Олар (Муўсаға): «Қанша мөжиза келтирип, бизлерди сыйқырлайжақ болсаң да, бизлер саған ийман келтирмеймиз», – деди.
133. Кейин, олардың үстине суў тасқыны, шегиртке, бийт, қурбақа ҳәм қанды ашық-айдын мөжиза етип жибердик[41]. (Соннан) кейин (де) олар тәкаббырлық қылды. Олар жынаятшылар қәўими еди.
134. Олардың үстине азап түскенде: «Ҳәй Муўса! Саған берген келисим ҳүрмети, Рәббиңе дуўа қыл, егер бизлерден (усы) азапты жоқ етсең, әлбетте, саған ийман келтиремиз ҳәм Исрайыл әўладын сениң менен қосып (өз журтына) қойып жиберемиз», – дер еди.
135. Ал, олардан өзлери жетип баратуғын (мәлим) мүддетке шекем азапты жоқ еткенимизде, олар (алдын ишкен антын) бузады.
136. Кейин, Биз олардан «өш алдық». Аятларымызды жалғанға шығарғаны ҳәм олардан ғапыл болғаны ушын оларды теңизге шөктирдик.
137. Хорланып атырған қәўимди (Муўса қәўимин), өзимиз берекетли қылған жердиң шығыс ҳәм батысына мийрасхор қылдық. Сабыр еткени ушын Рәббиңниң гөззал сөзлери (берген ўәдеси)[42] Исрайыл әўладына толық қылып берилди. Фиръаўн ҳәм оның қәўими қурған (биналарын) ҳәм олар көтерген нәрселерди (қорғанларын) ўайран қылдық.
138. Исрайыл әўладын теңизден өткизгенимизде[43], өзлериниң бутларына сыйынып атырған қәўимниң үстинен шығып қалып: «Ҳәй Муўса! Бизлерге де олардың қудайындай қудай етип (соғып) бер!» – деди. (Муўса) айтты: «Сизлер надан қәўим екенсиз.
139. Олардың (сыйынып) турған нәрселери ўайран болыўшы ҳәм қылып атырған ислери – бийкар ис».
140. (Муўса және) айтты: «Сизлерге Аллаҳтан басқа қудайды таўып берейин бе?! Ол сизлерди әлемлерден абзал қылды ғой!» – деди.
141. Улларыңызды өлтирип, ҳаялларыңызды қалдырыў менен сизлерди қатты қыйнаған Фиръаўнның әскерлеринен қутқарғанымызды еслең! Бунда Рәббиңизден үлкен сынақ бар.
142. Муўса менен отыз түнге ўәделестик. Кейин, оны он (түн) менен толтырдық[44]. Енди оның Рәббисиниң белгилеген ўақты «қырық түн» толық болды. Муўса (кетип баратырып) әжағасы Ҳарунға: «Қәўимимде (сен қалып) мениң орнымда қал, (олардың қәтелерин) дүзет, бузғыншылардың жолынан жүрме!» – деди.
143. Муўса белгиленген ўақытта (Туўр таўына) келгенде, оған Рәббиси сөйледи[45]. (Муўса): «Рәббим! Маған көрин, Саған қарайын!» – деди. (Аллаҳ): «Мени көре алмайсаң[46]. Бирақ, (мына) таўға қара! (Мен оған көрингенимде) ол орнында турса, онда Мени көресең», – деди. Оның Рәббиси таўға көрингенинде, оны майдалап таслады. Муўса (буннан тәсирленип,) ҳуўшынан кетти. (Муўса) өзине келгенде: «Сен – пәксең, Саған тәўбе қылдым. Мен – мөминлердиң әўелгисимен», – деди.
144. «Ҳәй Муўса! Мен сени адамлар арасынан, жибергеним (Таўрат) ҳәм сөйлесиўим менен таңлап алдым[47]. Солай екен, саған берген нәрсемди ал ҳәм шүкир қылыўшылардан бол!» – деди.
145. Оған (Таўрат жазылған)[48] тахтада ҳәмме нәрседен нәсият ҳәм ҳәр бир нәрсениң баянын жаздық[49]. Солай екен, (ҳәй Муўса!) Оларды қуўат пенен (шынтлап) усла ҳәм олардың жақсыларын (жазылған ҳүкимлерин) алыўды (еңгизиўди) халқыңа буйыр! Сизлерге фасықлардың үлкеси (қандай апатқа ушырағанын) көрсетемен.
146. Тез арада Жер бетинде наҳақтан тәкаббырлық қылып жүргенлерди аятларымнан бурып қояман. Олар ҳәмме мөжизаларды көрсе де, оған ийман келтирмейди. Егер туўры жолды көрсе, (өзлерине) жол қылып алмайды. Қәте жолды көрсе, оны (өзлерине) жол қылып алады. Буның себеби, олардың аятларымызды жалғанға шығарыўынан ҳәм олардан ғапылда қалыўынан.
147. Аятларымызды ҳәм ақыреттеги ушырасыўды жалғанға шығарғанлардың (жақсы саўаплы) ислери бийкар болды. Олар тек қылып жүргенлерине жараса жазаланады.
148. Муўсаның қәўими оннан (Муўса Туўр таўына кеткеннен) кейин тағыншақларынан (еритип исленген), мөңирейтуғын бузаўдың денесин (қудай етип) алды. Оның олар менен сөйлеспейтуғынын ҳәм ҳидаятқа басламайтуғынын көрмей ме?! Оны (қудай етип) услады ҳәм зулым қылыўшылардан болды.
149. Қолларынан түсип (пушайман болып), өзлериниң адасқанын көргенде: «Егер Рәббимиз бизлерге рейим қылмаса ҳәм бизлерди (гүнамызды) кеширмесе, әлбетте, зыян көриўшилерден боламыз», – деди.
150. Муўса қәўимине (олардың қылған ислери себепли) ашыўланған ҳәм өкинген ҳалда қайтып: «Мениң изимнен буншелли жаман орынбасар болдыңыз! Рәббиңиздиң буйрығында (келмей турып) асықтыңыз ба?» – деди ҳәм (Таўрат жазылған) тахтаны таслап, әжағасының басы (шашы)нан услап, өзине тартты. (Ҳарун): «Ҳәй анамның баласы![50] Бул қәўим мени хорлады ҳәм өлтирип қояйын деди. Енди сен де душпанларға мени күлки қылма ҳәм мени залым қәўимге қоспа!» – деди.
151. (Муўса): «Я Рәббим, мени ҳәм әжағамды кешир ҳәм бизлерди Өзиңниң мийримиңе ал. Сен – рейим қылыўшылардың рейим қылыўшырағысаң!» – деди.
152. Әлбетте, бузаўды (қудай етип) алғанларға Рәббиси (тәрепи)нен ғәзеп ҳәм дүнья өмиринде хорлық жетеди. (Өтирик) тоқыўшыларды усылай жазалаймыз.
153. Гүна ислерди қылғанлар, оннан кейин тәўбе қылса ҳәм ийман келтирсе, әлбетте, Рәббиң оннан кейин де – Кеширимли, Рейимли.
154. Муўсаның ашыўы басылғанда, тахтаны (жерден) алды. Ондағы жазыўда Рәббисинен қорқатуғынлар ушын ҳидаят ҳәм мийирманшылық бар[51].
155. Муўса белгиленген ўақтымызға (ҳәм белгиленген жеримизге келиў) ушын қәўиминен жетпис адамды таңлады[52]. Оларды қатты силкиниў услағанда (Муўса былай) деди: «Я Рәббим! Егер қәлегениңде, оларды да, мени де буннан алдын қыйратқан болар едиң. Ишимиздеги наданлардың қылған иси себепли бизлерди қыйратасаң ба?! Бул – тек сениң сынаўың. Оның менен қәлегениңди адастырасаң, қәлегениңди ҳидаят қыласаң. Сен – ийемизсең, бизлерди кешир ҳәм бизлерге рейим ет. Сен – кешириўшилердиң (ең) жақсысысаң.
156. Бизлерге бул дүньяда да, ақыретте де жақсылықты жаз[53]. Бизлер Саған тәўбе қылдық». (Аллаҳ) айтты: «Азабымды қәлегениме жеткиземен. (Бирақ,) мийримим ҳәмме нәрседен кең. Оны (мийримимди) тақўа қылғанларға, зәкат бергенлерге, аятларымызға ийман келтиргенлерге жазаман.
157. Олар алдындағы Таўрат ҳәм Инжилде жазылған ҳалда табылатуғын, оларды жақсылыққа буйырып, жаманлықтан қайтаратуғын, оларға пәкизе нәрселерди ҳадал қылып, напәк нәрселерди ҳарам қылатуғын, үстиндеги жүкти жеңиллетип, кисенлерди шешетуғын, уммий[54] Нәбий, (Муҳаммад) пайғамбарға[55] ереди. Солай екен, оған ийман келтирип, оны уллылап, оған жәрдем берип, оған нәзил болған нурға ергенлер – әне солар (ақыретте) утысқа ерискен».
158. (Ҳәй Муҳаммад!) Сен: «Ҳәй адамлар! Әлбетте, мен сизлердиң ҳәммеңизге (жиберилген) Аллаҳтың пайғамбарыман (елшисимен). Аспанлар ҳәм Жердиң бийлиги Оныки болып, Оннан басқа (ҳеш бир) илаҳ жоқ. (Аллаҳ) тирилтеди ҳәм өлтиреди. Солай екен, Аллаҳға ҳәм Оның Пайғамбарларына ийман келтириң. Ол (пайғамбар) Аллаҳға ҳәм Оның кәлиймаларына (илаҳий китапларына) ийман келтиретуғын уммий пайғамбар. Оған ериң, қәнекей, ҳидаят тапсаңыз!» – деп айт.
159. Муўсаның қәўиминде (адамларды) ҳақыйқатлық пенен ҳидаятқа баслайтуғын ҳәм оның менен әдиллик қылатуғын үммет те (топар да) бар.
160. Оларды он еки үмметке (урыўға) бөлип жибердик[56]. (Муўсаның) қәўими оннан суў сорағанда, Муўсаға: «Ҳасаң менен тасты ур!» – деп ўаҳий қылдық. Оннан (тастан) он еки булақ атылып шықты. Ҳәр бир (урыўға тийисли) адамлар өзлериниң суў ишетуғын жерин билип алды. Оларға бултты сая қылдық, үстинен мазалы нәрсени ҳәм бөденениң гөшин түсирип: «Сизлерге ырысқы етип берген нәрселеримиздиң пәклерин жең!» (– дедик). Олар (бойсынбаўы менен) Бизге зулым қылмады. Бирақ, өзлерине зулым қылды.
161. Оларға: «Усы қалада (Байтул-мақдисте) жасаң, ол жердеги қәлеген жериңизде аўқатланың ҳәм (гүналарымызды) «кешир» деп есиктен сәжде қылған ҳалыңызда кириң, сонда сизлердиң қәтелериңизди (гүналарыңызды) кеширемиз, ийгиликли ис қылыўшыларға (саўабымызды) зыяда қыламыз», –делингенин есле!
162. Кейин, олардан залым болғанлары айтылған сөзди басқа сөзге алмастырды. Нәтийжеде, зулым қылғанлары себепли оларға аспаннан азап жибердик.
163. Олардан теңиз бойындағы аўыл (халқы) ҳаққында сора![57] Олар шемби (байрам) күни ҳәддинен асты, шемби күни балықлар ашық (жүзип) келер еди, шемби болмаған күнлери келмейтуғын еди. Қылған фасық ислери себепли оларды усылай сынаймыз.
164. Олардан бир топары: «Аллаҳ қыйратпақшы болған ямаса қатты азап пенен азапламақшы болған қәўимге нәсият қылып не қыласыз?!» – десе, олар: «Рәббиңизге (айттық, «бирақ, бойсынбады», – деп) үзир айтады ҳәм қәнекей, (Аллаҳтан) қорықса деп (нәсият қылдық)», – деди.
165. Олар өзлерине еслетпе болған нәрсени умытқанында, жаманлықтан қайтарып атырғанларды қутқардық. Зулым қылғанларды қылған фасық ислери ушын жаман азап пенен усладық.
166. Олар қадаған етилген истен қайтпағанында, оларға: «Хорланған маймылларға айланың!» – деп оларға (ғарғыс) айттық[58].
167. Рәббиңиз оларды қыямет күнине шекем қатты азаплайтуғын адамларды олардың үстине жиберип турыўын жәриялады[59]. Әлбетте, Рәббиңниң азабы тез келеди. Ол – Кеширимли, Рейимли.
168. Оларды (Исрайыл әўладын) Жер бетинде топарларға бөлип тасладық. Олардан жақсылары да бар, ондай емеслери де бар[60]. Қәнекей, (туўры жолға) қайтса деп, оларды жақсылықлар (неъматлар) ҳәм жаманлықлар (мүсийбетлер) менен сынадық.
169. Олардан кейин артынан Китапқа (Таўратқа) мийрасхор бир әўлад келип, бул дүньяның өткинши нәрсесин алатуғын ҳәм «Бизлер кеширилемиз», – дейтуғын болды. Оған уқсас өткинши нәрсе келсе, оны да ала берди. Олардан Аллаҳ ҳаққында тек ҳақыйқатты айтыўы ушын Китап (Таўрат)тың әҳди алынбаған ба еди?! Олар ондаға нәрсени де үйренген еди ғой?! Ақырет үлкеси тақўалылар ушын жақсы. Ақыл ислетпейсиз бе?!
170. Китап (Таўрат)ты беккем услап, намазды кәмил оқыйтуғынлар (билип қойсын), әлбетте, Биз ийгиликли ис қылыўшылардың сыйлықларын зая қылмаймыз[61].
171. (Ҳәй Муҳаммад!) Олардың үстине таўды сая түсирип туратуғын етип көтергенимизди есле, олар оны үстимизге түсип кетеди, деп ойлады. (Сонда, Биз айттық): «Сизлерге берген нәрселеримизди (Таўратты) беккем услаң ҳәм ондағы нәрселерди (аятларды) зикир етиң! Қәнекей, тақўалы болсаңыз».
172. Рәббиң Адам балаларының беллеринен (пушты-камарларынан) зүрядларын (руўхларын) шығарып, оларды өзлерине гүўа қылып турып: «Мен Рәббиңиз емеспен бе?» (– деди). (Олар): «Аўа, (Рәббимизсең!) гүўалық бердик»[62], – деди. Қыямет күни: «Бизлер буннан ғапыл (бийхабар) едик», – деп айтыўын
173. ямаса «алдынғы ата-бабаларымыз ширк келтирген еди, бизлер олардың изиндеги зүрядларымыз. (Сол) наҳақ ис қылыўшылардың ислери себепли бизлерди қыйратасаң ба?» – деп айтыўын (билгенимиз ушын усылай еттик).
174. Қәнекей, (жаман жолдан) қайтса, деп аятларымызды усындай толық баян етемиз.
175. (Ҳәй Муҳаммад!) Оларға аятларымызды бергенимизде, олардан өзин алып қашқан (әмел қылмаған) адамды[63] ҳәм шайтанды өзине ерткен, нәтийжеде (ол) адасып қалғанлардан болып қалғаны ҳаққындағы қыссаны оларға оқып бер!
176. Егер қәлегенимизде оны олар (аятлар) себепли (мәртебесин) көтерген болар едик. Бирақ, оның өзи жерде қалды ҳәм ҳаўайы нәпсине ерди. Ол қуўсаң да (тилин салбыратып) ҳалықлап, қуўмасаң да ҳалықлап туратуғын ийтке уқсайды. Бул – Бизиң аятларымызды жалғанға шығарған қәўимниң мысалы. Усы қыссаны (оларға) айтып бер, қәнекей, ойланса!
177. Аятларымызды жалғанға шығарған қәўимниң мысалы буншелли жаман! Олар өзлерине зулым қылды.
178. Аллаҳ кимди ҳидаятқа басласа, онда ол – ҳидаят табыўшы. Кимди адастырса, онда әне солар – өзлерине зыян көриўшилер.
179. Ҳақыйқатында да, жинлер ҳәм инсанлардың көбисин жәҳәннем ушын жараттық. Олардың кеўиллери бар, (бирақ) олар менен «аңламайды». Көзлери бар, (бирақ) олар менен көре алмайды. Қулақлары бар, (бирақ) олар менен есите алмайды[64]. Әне солар – малдай, ҳәтте оннан да бетер. Әне солар – ғапыллар.
180. Аллаҳтың шырайлы исимлери бар. Солай екен, Оған сол исимлер менен дуўа қылың! Оның исимлеринде (ҳақтан) аўатуғынларға тиймең. Олар жақында қылған ислериниң жазасын алады.
181. Биз жаратқанлардан (бенделерден) ҳақыйқатлық пенен ҳидаят қылатуғын ҳәм оның менен әдиллик қылатуғын да үммет (жәмәәт) бар.
182. Ал, аятларымызды жалғанға шығарғанларды (олар) билмейтуғын тәрептен «дәрежели» қылып (ўақытша өз ҳалына) қоямыз.
183. Оларға мәўлет беремен. Әлбетте, Мениң «ҳийлем» қатты.
184. Ойлап көрмей ме?! Олардың достын (Муҳаммадты) жин урған емес. Ол – тек анық ескертиўши.
185. Аспанлар ҳәм Жердиң салтанатына, Аллаҳ жаратқан нәрселерге қарамай ма? Әжеп емес, әжеллери жақынласып қалған шығар, (оған да қарамай ма)? Буннан (Қуранды инкәр еткеннен) кейин қайсы гәпке исенеди?!
186. Аллаҳ кимди адастырса, оны туўры жолға салыўшы (адам) жоқ. Оларды тентиреп, ҳәдден асыўында таслап қояды.
187. Сеннен (ҳәй Муҳаммад!) Қыямет қашан болыўы ҳаққында сорайды. Сен: «Оның илими тек Рәббимниң алдында. Оның ўақтын тек Өзи ғана билдиреди. (Қыямет болғанда) аспанлар ҳәм Жерде аўыр (ис) болады. Сизлерге тек тосаттан келеди», – деп айт. Тап сен оны билетуғындай сеннен сорайды. Сен: «Оның илими (анық мағлыўматы) тек Аллаҳтың алдында. Бирақ, адамлардың көбиси (буны) билмейди», – деп айт.
188. Сен: «Өзиме пайда да, зыян да келтире алмайман. Тек Аллаҳ қәлесе ғана (усындай) болады. Егер ғайыпты билгенимде жақсы ислерди көбейтер едим, жаманлық маған жетпеген болар еди. Мен тек ийман келтириўши қәўим ушын ескертиўши ҳәм хош хабар бериўшимен», – деп айт.
189. Ол (Аллаҳ) сизлерди бир жаннан жаратты ҳәм (үйленип) тынышлансын деп оннан жубайын пайда етти. Қашан жубайы менен қосылғанда, ол (Ҳаўўа) жеңил жүкли болды ҳәм оның менен (бир мүддет) жүрди. Қашан ол аўырласқанда, екеўи (Адам ҳәм Ҳаўўа) Рәббиси (болған) Аллаҳға: «Егер бизлерге солиҳ (перзент) берсең, әлбетте, шүкир қылыўшылардан боламыз», – деп дуўа қылды.
190. Қашан екеўине солиҳ (перзент) бергенде, Аллаҳ оларға берген нәрседе «шерик»лер қыла баслады[65]. Аллаҳ – олар келтирген ширктен жоқары.
191. Ҳеш нәрсени жарата алмайтуғын, өзлери жаратылған нәрселерди (Аллаҳға) шерик қыла ма?!
192. (Бутлар) олар ушын (мушриклер ушын ҳеш қандай) жәрдем көрсетиўге жарамайды ҳәм өзлерине де жәрдем бермейди.
193. Егер оларды ҳидаятқа шақырсаң, сизлерге ермейди. Оларды шақырасыз ба ямаса сизлер индемей турыўшысыз ба – сизлер ушын (екеўи де) теңдей.
194. Аллаҳты қойып, ибадат қылып атырған нәрселериңиз (бутларыңыз) өзлериңиздей бенде. Егер рас сөйлеўши болсаңыз, оларды шақырың, сизлерге жуўап берсин!
195. Яки жүретуғындай олардың аяғы бар ма, я услайтуғындай қоллары бар ма, я көретуғындай көзлери бар ма, я еситетуғындай қулақлары бар ма?![66] Сен (оларға) айт: «(Аллаҳға қылған) шериклериңизди шақырың да, маған мәўлет бермей-ақ (маған қарсы) ҳийле қыла бериң!
196. Мениң ийем – Китапты нәзил еткен Аллаҳ. Ол ийгиликли ис қылыўшыларды дос тутады.
197. Оннан басқа сыйынып атырған нәрселериңиз сизлерге жәрдем бериўге қәдир емес, олар (ҳәтте) өзлерине де жәрдем бере алмайды.
198. Оларды (бутларды) ҳидаятқа шақырсаң еситпейди. Олардың саған қарап турғанын көресең, (бирақ) олар көрмейди».
199. Әпиўди қабыл етип ал[67], жақсылыққа буйыр, наданлардан жүзиңди бур!
200. Егер сени шайтан ўасўаса қылса, Аллаҳтан пана тиле![68] Әлбетте, Ол – Еситиўши, Билиўши.
201. Тақўа қылыўшыларға шайтаннан бир мүсийбет жетсе, (дәрриў Аллаҳты) еслейди, кейин олар (ҳақты) көриўши болады.
202. Олардың (шайтанның) дослары жолдан урыўға оларға жәрдем береди. Соң (бул исте) тоқтамайды.
203. Егер оларға мөжиза келтирмесең, «Өзиң оны тоқып қоя бермейсең бе?» – дейди. Сен: «Мен тек Рәббимнен өзиме ўаҳий қылынған нәрсеге еремен. Мынаў (Қуран) – ийман келтириўши қәўим ушын Рәббиңизден көрсетпе, ҳидаят ҳәм мийирманшылық (дереги)», – деп айт.
204. Қуран тиләўат қылынғанда оны тыңлаң ҳәм тыныш турың. Қәнекей, рейим қылынсаңыз!
205. Рәббиңди азанлы-кеш ишиңнен өтинип, қорқып, сөйлегенде даўысыңды көтермей, зикир қыл ҳәм ғапыллардан болма!
206. Рәббиңниң алдындағылар (периштелер) Оған ибадат қылыўдан тәкаббырлық қылмайды. (Ал,) Оған тасбиҳ айтады ҳәм сәжде қылады[69].
[1] 4-аят. Түнги уйқы ҳəм күндизги уйқы ўақытлары инсанның ғəплеттеги ҳалатлары есапланады. Усындай пайытта жиберилген азап аўырлаў болады. Луттың (а.с.) қəўимине түнде, Шуайбтың (а.с.) қəўимине азанғы уйқы пайытлары азап жиберилген (Мд.).
[2] 8-аят. Тəрезиде əмеллер жазылған бетлерге яки əмеллердиң өзине сүўрет ҳәм пишин берилип, соң тартылады (Хз.).
[3] 12-аят. Биринши болып шайтан өзиниң ойы менен теңеў қылған. Бирақ, теңеўи надурыс еди. Себеби, ол ылайдың оттан жақсы екенине ақылы жетпеди. Оттың тəбиятында жеңиллик, өткирлик болғаны ушын Иблис өзин жоқары алып, тәкаббырлық қылды. Топырақта аўырлық, кишипейиллик, сабыр киби пазыйлетлер бар. Соның ушын да Адам (а.с.) айыбына ықрар болып, тəўбе қылды. Топырақ яки ылай отты өширеди.От топырақты жоқ қыла алмайды.
[4] 20-аят. Буннан белгили болады, әўретти жаўып жүриў Адам (а.с.)нан басланған екен (Мд).
[5] 22-аят. Қадаған етилген мийўеден жегеннен кейин, ҳәжетин шығарыў барысында әўретлерин жабыў ушын əнжир яки банан жапырағынан пайдаланады.
[6] 25-аят. Яғный, Жерде жасап, Жерге көмилип, соң қыяметте жəне Жерден тирилтилген ҳалатта есап-санақ ушын шығарыласыз.
[7] 26-аят. Аяттан белгили болады, əўретлерди жабатуғын кийим инсан ушын тийкарғы кийим, ал басқа қосымша кийим-кеншеклер зеб-зийнет есапланады екен. «Бирақ, – дейди Пəрўардигар, – бул кийимлериңиз уяттан, ыссы-суўықтан сақласа, «тақўа липасы» ақырет азабынан сақлайды». Бул жерде мəнəўий кийим нəзерде тутылған болып, ол ийман, исеним ҳəм солиҳ əмеллер есапланады. тәфсирлерде «тақўа кийими»не түрли түсиниклер берилген. Бирақ, ашық мәниде тақўа кийими менен өзин орап, ҳəмме ўақыт шубҳалы нәрселерден өзин тыйып, ийгиликли əмеллер менен жоқары әдепли болып жүриўдиң абзаллығы белгили болады.
[8] 28-аят. Мушриклер Аллаҳты қойып, жасалма қудайларға сыйыныў ҳəм Каабаны жалаңаш ҳалда таўап қылыўды ата-бабаларынан оларға қалған мийрас, деп даўа қылып, усы бузық ақыйдаларын қорғайтуғын еди.
[9] 31-аят. Жеп-ишиўдеги ысырап – тойып турып, үстине жəне аўқат жеў, деген тәфсир де бар. Ҳарун ар-Рашидтиң бир насраний тәўиби бар еди. Ол бир күни уламалардан Әлий ибн Ҳусейин ибн Ўақидқа: «Қуран китапларыңызда тәўипшилик туўралы ҳеш нəрсе жоқ. Ал, илим еки түрли. Бири – дин илими, екиншиси – дене, яғный тиб илими», дегенинде, ол жуўабына: «Аллаҳ таала тәўипшиликтиң ҳəммесин жарты аятқа жайлап қойған», – деп, усы аятты оқып бергенинде тәўип: «Пайғамбарыңыз бул туўралы ҳеш нəрсе демеген», – депти. Сонда алым: «Керисинше. Асқазан дəрт дереги, тыйылыў – барлық емниң басы. Денени оған сәйкес нәрсе менен күтимин бер!» – деген ҳәдисин оқып берипти. Сонда тәўип: «Китабыңыз бенен Пайғамбарыңыз Жалинус ҳәкимге тәўипшиликтен ҳеш нəрсе қалдырмапты», – деген екен (Мд.).
[10] 40-аят. «Ийнениң көзинен түйе өтпегенше» дегени усы истиң улыўма болмайтуғынын билдиреди. Яғный, аятларымызды инкәр етиўши тәкаббырлар ҳеш қашан жәннетке кирмейди, делинбекте.
[11] 43-аят. Жəннетте ҳəр бир адамның əмеллерине ҳəм Аллаҳтың кеңшилиги менен орын ҳəм дəрежелер бериледи. Олар бирдей болмай, ал бир-биринен белгили дəрежеде парықланады. Бирақ, жəннет әҳлинен ҳеш ким өзинен жоқары дәрежедеги адамға қызғаныш пенен қарамайды. Себеби, олардың кеўиллеринен қызғаныш туйғылары алып тасланады. Ҳəр бир инсан өзине берилген дәрежени кәмал дəрежесинде көрип, қуўанышлы ҳəм миннетдар ҳалда жасайды (Хз).
[12] * Ҳəдисте: «Ҳəр бир дозақ әҳлине жəннеттеги оған ажыратылған орын көрсетилгенде, қәне еди, мени де Аллаҳ ҳидаятқа жоллағанда, сол жерде болар едим, деп әрман қылады екен. Ҳəр бир жəннет әҳлине дозақтағы оған ажыратылған орын көрсетилгенде, егер Аллаҳ ҳидаят несип етпегенде, орным сол жерде болар екен-дә, деп шүкир қылады», – делинген (Тб.).
[13] 46-аят. Жəннет пенен дозақ арасындағы дийўал яки тосық үстинде арнаўлы бир орын болып, оның аты «Аъроф», яғный «Арасат» деп аталады. Ол жерде қандай инсанлар турыўы туўралы түрли рəўиятлар бар. Ибн Масъуд ҳəм Ҳузайфа (рз.)лар сөзине қарағанда олар саўаплары менен гүналары тең келип қалған адамлар болады. Ата-аналарынан бирин наразы қылғанлар яки пайғамбарлар ямаса жəннет пенен дозақ әҳли үстинен тамаша қылыўға қызыққан әўлийе ҳəм уламалар екени туўралы айтылған (Хз.).
[14] 49-аят. Мәккә кəпирлери ислам динине кирген кəмбағаллар, қуллар үстинен күлип, оларды ҳəтте Аллаҳ өз мийримине ылайық қылмайды, дейтуғын еди. Ўалид ибн Муғыйра, Әбиў Жаҳл, Умайя, Убай ибн Халаф кибилер ийман келтирген Салман, Суҳайб, Аммар уқсаған бийшара ҳал мусылманларды нəзер-писент қылмайтуғын еди.
«Бақара» сүресиниң 13-аятында да тап усындай адамлардың дүньядағы гəплери зикир етилген.
[15] 52-аят. Соның ушын да илим-пəн раўажланған сайын Қураны кəриймдеги мағлыўматлар өз тастыйықланыўын таўып бармақта.
[16] 54-аят. Яғный, Жер ҳəм аспанлар ҳəмде олар арасындағы жанзатларды екшембиден баслап, жума күнге шекем жаратқан. Азғана мүддетте жаратыўға қәдир бола турып, алты күнге созғанының себеплеринен бири периштелер көрип, бақлап, танысып барыўы ушын сонша ўақыт өтиўи лазым болған яки бенделерине сабыр-тақатлы болыўды тəлим бериў мақсетинде усындай қылған (Мд.).
Жаратыўды шемби күннен баслап, пийшемби күни тамамлаған, деген рəўиятлар да бар (Мс.).
Бул алты күнниң ҳəр бир күни бизиң есап бойынша мың жылға туўры келеди. Бизиң күнлеримиз бенен бул күнлердиң узынлығы бирдей, деген рəўият та бар (Хз.).
Аллаҳ тааланың биринши жаратқан нəрсеси не екени туўралы да түрли рəўиятлар бар.
[17] * «Мустаўий болды» сөзин аўдарып ҳəм тәфсир етиўди салаф уламалары керек емес, деп билген (Ақ.).
[18] 58-аят. Бул уқсатыўдан пəнд-нәсият жақсы адамға, яғный мөминге тəсир қылады, ал күпирдеги кимсеге тəсир қылмайды, деген мəни келип шығады.
[19] 59-аят. Нуҳ (а.с.) үш ата арқалы Идриске (а.с.) зүряд саналады. Оның кəсиби ағаш устасы болып, Идрис (а.с.) менен араларында басқа пайғамбар өтпеген. Пайғамбарлық келгенде жасы нешеде екенинде тартыс бар. Яғный, 40, 50, 100, 200, 250 жас киби сəнелер көрсетилген. «Нуҳ» сөзиниң мəниси «көп нала қылыўшы» дегенди билдиреди (Бғ.).
[20] 64-аят. Нуҳтың (а.с.) кемесинде 9 адам, бир рəўиятта 40 ер ҳəм 40 ҳаял адам болған. Олардан үшеўи уллары – Сам, Ҳам, Яфас ҳəм олардың ҳаяллары ҳəмде басқа ийман келтиргенлер еди, деген рəўият та бар. Төртинши улы – Канъан ийман келтирмеген ҳəм топан суўда қайтыс болған. Нуҳ (а.с.) 950 яки 1000 жыл өмир көрген, деген рəўият та бар.
[21] 65-аят. Ҳуд (а.с.) бир неше əўлад арқалы Нуҳтың (а.с.) улы – Самға зүряд саналады.
[22] 68-аят. Усы аятларда надан адамлар менен де турпайы мәмиледе болмаў, ал шырайлы көринисте, шийрин сөз бенен гәп уқтырыў лазым екенлиги баян етилмекте. «Тоҳа» сүресиниң 44-аятында да Аллаҳ таала Муўса менен Ҳарун (а.с.)ларға Фиръаўн алдына барып, оған жумсақ сөз сөйлең! Қәне, ол еслетпе алса яки қорықса, деп буйырған. Бундай аятларда инсанлардың өз ара байланыс ҳəм мүнəсибетлери ушын сабақ бар.
[23] 69-аят. Олардан ең келтесиниң бойы алпыс, ең узынының бойы жүз гез болған (Мд. Хз.).
[24] 70-аят. Аяттан белгили болғанындай, Муҳаммад (а.с.) Ҳира үңгиринде аўлақта болып, соң пайғамбар болғаннан кейин қəўимине келип, үгит-нәсият қылғанындай Ҳуд (а.с.) да қала сыртындағы арнаўлы ибадат орнынан келип, үгит-нәсият қылған.
[25] 72-аят. Ҳуд қəўими үстине Аллаҳтың самал азабы келгеннен кейин, олардан биреўи де қалмастан қырылып кеткен.
[26] 73-аят. Солиҳтиң (а.с.) түйеси ҳаққындағы қысса «Шамс» сүресинде де баян етилген.
[27] 74-аят. Ад қəўими набыт болғаннан кейин Ҳуд (а.с.) менен бирге аман қалған мөминлер Йеменниң Шаҳр деген жерине келип жасаған. Ҳудтың қəбири Йеменниң Ҳазрамаўт деген жеринде. Әлий ибн Әбиў Талиб те буны тастыйықлаған. Бирақ, Абдураҳман ибн Шабабаның сөзине қарағанда, Кааба əтирапындағы Рукн, Мақом, Замзам аралығында 99 пайғамбар жерленген. Ҳуд, Солиҳ, Шуайб, Исмайыл (а.с.)лар да сол дәргайға жерленген. Қайсы пайғамбардың қəўими қайтыс болып кетсе, тири қалған солиҳ бенделер менен Каабаға келип, өмири таўсылғанша ибадат пенен шуғылланған, деген рəўият та бар (Хз.).
Ад қəўиминиң апатынан кейин Аллаҳ таала Самуд деп аталыўшы қəўимге Солиҳты (а.с.) пайғамбар қылып жиберди. Олардың исенимин сынаў ушын мөжиза сыпатында тас ишинен шығарылған түйени өз ҳалына жибериўге, сойып жемеўге буйырылады. Бирақ, қəўим Аллаҳтың əмирине бойсынбастан, оны сойып жеп қояды. Соннан кейин Аллаҳ таала оларды жер силкиниў бəлеси менен набыт етеди.
Расул (а.с.) Самуд қəўими набыт етилген жерден өткенинде мусылманларға ол жердеги қудық суўларынан ишиўди қадаған еткен (ИК).
[28] 82-аят. Лут (а.с.) Ибраҳимниң (а.с.) бирәдары – Ҳаронның улы еди. Лут жасаған аймақ зүрәәтли, өнимли жер болғанлықтан ол жерге əтираптан бийгана адамлар көшип келе баслаған. Оларды келтирмеў ушын шайтан келгенлерди қыйнаўға салыўға, бузық ислерди ислеўге үгитлейди. Олар дəслеп бийгана, жат адамларға усылай ислеген. Кейин ала бул әдет өзлериниң араларында да кең тарқалғаннан кейин, олар Аллаҳтың ғәзебине ушырап, аспаннан үстилерине тас жаўылып, ҳәммеси набыт болған (Хз.).
Лут (а.с.) Ибраҳим (а.с.) менен бирге Шамға ҳижрат қылып келгеннен кейин Аллаҳ таала оны Өли теңиз жанындағы Садум деген жердиң адамларына пайғамбар қылып жибереди. Оларды ҳəр қанша ийман ҳəм ийгиликли əмеллерди ислеўге шақырса да, олар өзлериниң бузық ақыйдалары ҳəм жаман нийетлеринен қайтпаған (ИК).
[29] 84-аят. Жүрген адамлар үстине тас жаўдырылды, ал отырғанларды жер жутты (Мд.).
[30] 85-аят. Мадян Ибраҳим (а.с.) улларының бириниң аты, кейин ала ол қəўимниң аты болып қалған. Шуайб (а.с.) Ибраҳим (а.с.) қəўиминен болып, көзлери соқыр, бирақ дилўарлықта «Пайғамбарлар хатиби» деген атақ алған екен. Оның қəўими күпир ҳəм гүнада ҳəдден асқан, алды-сатты ислеринде өлшеў ҳəм тəрезиден урып қалыў киби жаман сыпатларға ийе болған екен. Шуайб (а.с.) көп үгит-нәсият қылса да, оларға тәсир етпегеннен кейин, қылмысларына жуўап ретинде жер силкиниў азабы менен жазаланып набыт болды.
[31] 91-аят. Ибн Аббастың (рз.) сөзине қарағанда, Шуайб (а.с.) қəўимин набыт етиўди ерк қылғаннан кейин, Аллаҳ таала олар тəрепке дозақтан бир есик ашып қояды. Ыссылықтан бийтақат болып, суў, салқын жерлерге өзлерин урыўы да пайда бермейди. Жертөлеге кирсе, ол сырттан да ыссы. Жəне ашық ҳаўаға шығып жүргенинде Аллаҳ таала олардың үстине бир бултты саяман қылып жибереди. Оннан жағымлы суўық самал есер еди. Ҳəммеси усы булт саясына топланғанда самал отқа айланып, оларды күйдире баслайды. Жер силкинеди. Қуўырылған шегирткелердей ҳəммеси күйип, күлге айланады. Қатода (рҳ.) сөзине қарағанда, Шуайб (а.с.) еки қəўимге жиберилген: «Айка» – «тоғай» әҳлине ҳəм Мадян әҳлине. Айка қəўиминиң адамлары булт, яғный аспан бəлеси менен, ал Мадян халқы жер силкиниўден набыт болған (Хз.).
[32] 96-аят. Бул аятта биз аңлаўымыз керек болған үлкен нәсият бар. Аллаҳ таала бенделеринен көп нәрсени талап етпеди. Ийман келтирип, ширк ҳәм гүна әмеллерден тыйылса болғаны еди, сонда аспан ҳәм Жердеги берекет есиклерин ашыўды Аллаҳ таала ўәде етпекте. Бул ўәде қыяметке шекемги ҳәмме үмметке тийисли. Сондай-ақ, ҳәзирги заман адамларына да тийисли есапланады.
[33] 101-аят. Алдын пайғамбарларды жалғаншыға шығарыў себеплери не екени туўралы түрли тәфсирлер бар. Имам Табарий (рҳ.) мақул тапқан жуўмақ – Аллаҳ олардың тəғдирин əзелден билген. Яғный, пайғамбар жиберилгенде оларға көпшилик үмметлер ийман келтирмейтуғынлығын Ҳақ таала алдыннан билген ҳəм олардың усы тилеги жүзеге шығыўын ерк қылған. Аятта усы әзелий илиминиң тастыйығы айтылмақта (Хз.).
[34] 103-аят. Бул жерде «зулым» күпир мəнисинде есапланады. Яғный, олар мөжизаларға күпир келтирди.
[35] 105-аят. Юсуф (а.с.) қайтыс болғаннан кейин, Мысырда Фиръаўн яҳудийлер үстинен зулымды күшейтип жиберген. Мысырға Юсуф (а.с.) келиўи менен Муўса (а.с.) келиўиниң аралық мүддети төрт жүз жыл. Қураны кəриймниң көплеген аятларында Муўса (а.с.) менен Фиръаўн арасында болған келиспеўшиликлер, яҳудийлерди қалай етип оның қолынан қутқарып, өз елине көширип келгени ҳаққында мағлыўмат берилген.
[36] 117-аят. Муўсаның (а.с.) мөжизаларынан бири оның қолындағы таяғы еди. Ол үлкен айдарҳаға айланып, сыйқыршылар жасаған жасалма жыланларды жутып жибергени аятларда анық баян етилген. Бирақ, тәфсирлерде ҳаса туўралы артықша асырып жибериўлер де бар.
[37] 122-аят. Сыйқыршылар Муўсаның (а.с.) бул мөжизасын көрип, дәрҳал түсинип жетти, бул сыйқыр емес, Аллаҳтың қүдирети. Соннан кейин екиленбей ийман келтиреди. Бул жарыс Александрияда өткерилген (Хз.).
[38] 124-аят. Яғный, оң қол менен шеп аяқ яки шеп қол менен оң аяқ. Усы тəризде кесилгенде адам әбден шолақ болып қалатуғынын билген. Бирақ, Фиръаўн сыйқыршыларға усы жазаны берген яки бермегени анық емес (Хз.).
[39] 127-аят. Фиръаўн Мысыр халқына бут-сәнемлер жасатып берген еди. Оларды Фиръаўн менен қəўим ортасында байланысшы, шәпәәтши деп билер еди (Хз.).
[40] 129-аят. «Келмесиңнен алдын», яғный туўылмасыңнан алдын. Себеби, сол жылы туўылған барлық ул балалар Фиръаўн əмири менен өлтирилген еди.
[41] 133-аят. Муўса (а.с.) тəрепинен көрсетилген мөжизалардан кейин де Фиръаўн қəўими – қибтийлер күпирликти даўам етти. Соннан соң Аллаҳ таала оларға суў тасқынын жиберген. Қибтийлердиң үйлери суўда ағып, яҳудийлердиң үйлерине қосылып кеткен. Бул жағдай жети күн даўам еткен. Суў тасқынынан мурат өлим яки оба, ямаса шешек кеселлиги деген тәфсирлер де бар. Муўсаның (а.с.) дуўалары менен суў тасқыны қайтқаннан кейин, бир ай тыныш турады. Соннан соң шегиртке бәлеси келеди. Ол егинлер менен мийўели ағаш ҳәм басқа нәрселерди кемиреди. Және жалынып дуўа сорағаннан кейин, бир ай тыныш турады. Жəне айнығаннан кейин, бийт бəлеси жиберилди. Ол өзлерин шағып, аўқатларын былғайды. Жети күннен кейин бул бəле де дуўа себепли кетеди. Оннан соң бақалар жиберилип, көп азап тартады. Тəўбе қылғаннан кейин, бəле қайтады. Жəне келисимин бузғаннан кейин, қан бəлеси жибериледи. Нил дәрьясының суўы ҳəм қудықтағы суўлар да қанға айланады. Муўса (а.с.) дуўасы менен бəле арыйды, бирақ олар узаққа бармай, жəне күпирге қайтады (Хз.).
[42] 137-аят. «Шырайлы сөзлер» «Аъроф» сүресиниң 129-аяты яки «Нур» сүресиниң 55-аятында душпанды набыт етип, оларды жерге орынбасар қылыў ҳаққындағы Аллаҳтың сөзлери есапланады.
[43] 138-аят. Теңизден саламат өткен күни «Ашура» күнине туўры келеди. Шүкирлик сыпатында усы күни ораза тутады (Мд.).
[44] 142-аят. Муўса (а.с.) өз қəўимине егер Аллаҳ бизди Фиръаўннан қутқарса, сизлерге Оның алдынан Китап келтиремен, Оның аятларынан буйрық ҳəм қадаған етилген ислерди билип аласыз, деп ўəде еткен еди. Усы китапты сорағанда Аллаҳ таала отыз күн ораза тутыўға буйырады. Бул зулқаъда айы еди. Оразаларын ашыў ўақтында аўызлары ийисленип қалғанын билип, мәсиўек пенен тазалайды. Сонда Аллаҳ: «Ораза тутқан адамның аўзынан келетуғын жағымсыз ийис Мениң нәзеримде мушку анбардан да хоширей екенин билмеген бе едиң?» – деп, жəне 10 күн ораза тутыўға буйырады. Басқа рəўиятта отыз күнлик оразаларынан соң сөйлесиў ушын жəне он күн қосқан ҳəм илаҳий жазыўларын берген (Мд. Хз.).
[45] 143-аят. Бул сөйлесиў инсанлардың өз ара сəўбетлерине салыстырылмайды, ал Аллаҳтың заты ҳəм сыпатларына тән рәўиште сөйлесилген.
[46] * Яғный, бул дүньядағы пәний көзлериң менен Мени көре алмайсаң, ал жəннетте бақый көзлериң менен көресең, деп Аллаҳ таала қарсылық билдиреди.
[47] 144-аят. Муўсаның (а.с.) илаҳий нурының тəсиринен бийҳуўш ҳалда жығылғаны арафа күни, Таўратты алғаны ертеңине – ҳайыт күнине туўры келген. Ҳарун (а.с.) ўəзир болғаны ушын жеңиллик Муўсаның (а.с.) өзине берилди (Мд.).
[48] 145-аят. Таўраттың бетлери 2, 7, 9, 10, 12 бет болғаны ҳаққында тартыслы рəўиятлар бар. Көлеми туўралы да сондай. Оның узынлығы Муўсаның (а.с.) бойы менен тең, яғный он гез болып, аўырлығы себепли жетпис түйеге жүклеп алып жүрилетуғын еди. Таўратты пайғамбарлардан Муўса, Юўшаъ, Узайр ҳəм Ийса (а.с.)лар толық ядлаған, деген тәфсирлер бар. Оның аятлары жазылған бетлери жəннеттен шығарылған болып, олар ағаш, көк забаржад (хризолит), қызыл яқыт, зумрат яки забаржадтан екени туўралы да тартыслар болған (Мд. Хз.).
[49] * Таўраттың түп нусқасында буйрық, наҳий, ҳадал, ҳарам ҳəм басқа шәрият ҳүкимлери менен бирге Муҳаммад (а.с.) ҳəм үмметлериниң сыпатлары туўралы да аятлар бар екени рəўият қылынған (Хз.).
[50] 150-аят. Бир әке ҳəм бир анадан туўылған болса да, Ҳарун үкесин: «Ҳәй анамның улы!» – деп шақырыўының себеби, ана атын еситип, көбирек рейими келермекен, деп үмит қылған (Хз.).
[51] 154-аят. Рəўият қылыныўынша, Таўрат жети бөлимнен ибарат болған. Муўса (а.с.) оны жерге таслап жибергенде олар сынып, майдаланып кеткен. Алты бөлимин терип алған ҳəм олардан нусқа көширген. Бир бөлими жерде қалып кеткен. Алған бөлимлеринде ғайып хабарлары, қалған бир бөлиминде нәсият, ҳадал, ҳарам, шәрият ҳүкими болған. Фахриддин Разий (рҳ.) өз тәфсиринде Муўса (а.с.) Таўратты жерге таслағанында олар сынып кетпеген, – деп жазады (Хз.).
[52] 155-аят. Исрайыл əўладының он еки урыўынан алты адамнан алып, Муўса (а.с.) Туўри Сина таўына барады. Мақсети бузаўға сыйынған қəўими ушын Аллаҳтан кеширим сораў еди. Олар буның орнына Аллаҳты көрсетиўди талап етеди. Сонда оларды жер силкиниў тутады. Муўсаның (а.с.) илтижаларынан кейин олар жəне тириледи (Хз.).
[53] 156-аят. Яғный, бул дүньяда бизге жақсы өмир ҳəм таат-ибадат қылыўды муўапық әйле! Ал, ақыретте бизди жəннетке киргиз!
[54] 157-аят. Муҳаммад (а.с.) ҳақыйқатында да «уммий», яғный оқыўды, жазыўды, есап илимин билмейтуғын саўатсыз болған. Ҳәдиси шәрийфте өзи: «Биз – жазыўды, есапты билмейтуғын саўатсыз үмметпиз», – деген (Бх. Мс.).
Расулдың (а.с.) саўатсыз бола турып аятларды оқып, тәфсир қылып бериўиниң өзи үлкен мөжиза. Себеби, егер жазыўды, оқыўды, қосық жазыўды билгенде, аятларды өзи тоқып атыр яки кимнендур көширип алып, бизге оқып берип атыр, деген шубҳа туўылған болар еди.
[55] * Абдуллаҳ ибн Амрдың (рз.) сөзлерине қарағанда, Таўратта Муҳаммад (а.с.) былай тəрийпленген: «Ҳәй пайғамбар! Мен сени гүўа, хош хабар бериўши, ескертиўши ҳəм саўатсыз адамларға қәўендер қылып жибердим. Сен Мениң бендем ҳəм расулымсаң. Сени «Мутаўаккил», яғный «тәўекелши» деп атадым... Ол гүдибузар да, турпайы да, базарларда бақырып-шақырып жүриўши де емес. Жаманлыққа жаманлық қайтармайды, ал əпиў етеди ҳəм кеширеди. Қашан қәте жолдағы миллетти «лəә иләҳә иллаллоҳ» кәлиймасы менен туўрылап қоймағанша Аллаҳ оның жанын алмағай. Оның менен соқыр көзлер, герең қулақлар, жабық кеўиллер ашылады» (Хз.).
[56] 160-аят. Яғный, Яқубтың (а.с.) он еки улынан он еки «сибт», яғный урыў яки қəўим пайда болған (Мд.).
[57] 163-аят. Шемби күни ўақыясының қысқаша мазмуны соннан ибарат, Даўыт (а.с.) заманларында Айла аўылы яки Мадян қаласының яҳудий халқына олар ушын уллы саналған шемби күнинде балық аўлаў сынаў мақсетинде Аллаҳ тəрепинен қадаған етилген еди. Олар балықлардың жағаға шемби күни көп, басқа күнлери аз келиўин билип қалады. Шемби күнги аўды босқа жибермеў ушын түрли ҳийлелерди ойлап табыўға кириседи. Шайтан оларға шемби күни аўламаса да, бирақ суўдың бир тəрепинен ҳəўизлер қазып, ағып келген балықларды шемби күни аўламай, ҳəўизге кирип қалыўына имканият берип, екшемби күни оларды жыйнап алыўды үйретеди. Нəтийжеде бул қылған ҳийле ҳəм гүналары ушын олар Аллаҳтың нәлетине дуўшар болып, маймылға айланып қалады.
Балық аўы қадаған етилгеннен кейин олар үш тайпаға бөлинип алған еди. Биринши тайпа – усы ҳийле менен аўлаў тəрепдарлары, екинши тайпа – аўламайтуғын ҳəм басқаларды да оннан қайтарыўшылар. Үшинши тайпа – өзлери де аўламай, басқаларды да оннан қайтармайтуғынлар. Кейинги аятта екинши ҳəм үшинши тайпалар ортасындағы тартыс баян етилген (Мд. Хз.).
Муҳаммадтың (а.с.) шемби күни болып өткен қысса ҳəм басқа ўақыяларды аятлар арқалы китап ийелерине айтып бериўи үлкен мөжизалардан есапланады. Себеби, егер ҳақыйқый пайғамбар болмағанда, əййем заманда болып өткен ўақыяларды буншелли анық тəризде айтып бермеген болар еди (Хз.).
[58] 166-аят. Олардың жаслары маймылларға, қартайғанлары шошқаларға айланған. Кейин олардың ҳәммеси үш күннен кейин өлген. Бир рәўиятта олар сол ҳалында жасап қалып, нәсил де қалдырған делинген.
[59] 167-аят. Олар Муҳаммад (а.с.) пайғамбар болғанға шекем мажусийлерге «жизя» салығын төлеп жасаған. Ал, кейин Расул (а.с.) да олардың мойнына «жизя» салығын белгилеген. Басқаша тәфсирлер де бар. Мəселен, оларды Бухтунассир, Санҳариб, Рум ҳүкимдарлары қатты азаплағаны; қыяметке жақын Тәжжал шыққан пайытта олар оны илаҳийлестирип, азғана мүддет қәлпеки даңққа ийе болыўы, бирақ бул қылмыслары себепли жəне гүналары көбейгеннен кейин, Тәжжал менен бирге апатқа ушыраўы киби тәфсирлер (Хз.).
[60] 168-аят. Яҳудийлер қəўими ишинде солиҳ адамлар да болып, олар Муҳаммадты (а.с.) тастыйықлап, ийман келтирген.
[61] 170-аят. Яғный, Абдуллаҳ ибн Салам киби Таўратты да өзгертпеген ҳəм Қураны кəриймге де ийман келтиргенлерге еки есе саўап инам етемиз.
[62] 172-аят. Аллаҳтың руўхлар менен, мине, усы сөйлесиўи «Ал-Мийсақ» делинеди. «Мийсақ» – ўәделесиў. Бул ўәделесиўдиң ҳикметлеринен бири сол, қыямет күни мушриклер: «Биз Аллаҳтың жалғызлығын ҳəм Ол бизиң де рәббимиз екенин билмей, ата-бабаларымыз киби мушрик ҳалда өтиппиз, олардың қәтесине бизлерди де шерик қыласаң ба?» – деўи мүмкин болған даўаларына жуўап ретинде Аллаҳ таала усы аят арқалы сол ўәделесиў барысын еслетип қоймақта.
[63] 175-аят. Ол Исрайыл əўладына тийисли бир руўханый болып, аты Балъам ибн Бауро еди. Ол «исми аъзам»ды билер ҳəм дуўасы мустажаб еди. Муўса (а.с.) Канъан кəпирлерине қарсы барғанда канъанлылар оны пара менен алдап, Муўса (а.с.) ҳəм мөминлерди ғарғаўға үгитлеген. Ол шайтан ўасўасасы ҳəм нəпси бəлесине берилип, өз дини ҳəм исенимине қарсы ис қылған. Аятта оның мысалында Аллаҳ таала бəрше уламаларды да ескертпекте (Мд.).
[64] 179-аят. Аяттағы «аңламайды», «көрмейди», «еситпейди» фейиллери астарлы мəниде айтылған болып, ҳақ гəпти еситсе де, пикир жүритпегени, ҳидаят ҳəм туўры жолды көрсе де, оған жүрмегени, пәнд-нәсиятты еситсе де, оған əмел қылмағаны қараланбақта. Олардың күпирде болыўын əзелден билгени ҳəм усындай болыўын ерк қылғаны себепли Аллаҳ таала «оларды жəҳəннем ушын жаратқанман» – деп хабар бермекте. Демек, жəҳəннем жолын таңлағанлардың өзлери буған себепши екен. Себеби, өз ықтыярлары менен не ис қылыўын Ҳақ таала əзелден билген ҳəм тәғдирге жазып қойған. Аллаҳ таала ҳеш кимди ҳеш қашан күпир яки гүна ислерге мəжбүрлемейди (Ақ.).
[65] 190-аят. Ҳаўўа анамызда бала турмағаннан кейин, Иблис келип атын «Абдулҳарс», яғный «Дийқаншылық қулы» деп қойыўға усыныс береди. Ҳаўўа тап сондай қылады. Бул аятта бул исти мисли ширк келтириў делинбекте. Бундай етип ат қойыў Муҳаммад (а.с.) дəўирлерине шекем де даўам етип келген. Мəселен, Абду Манаф, Абдул Узза, Абдуддар ҳəм т.б. Бирақ, уламалар аятта келтирилген қыссадан Адам ҳəм Ҳаўаны ширк келтиргени шықпайды. Себеби, бул ибадаттағы ис емес, дийқаншылықты олар ҳеш қашан рәббимиз деп билмеген. Ана ҳəм баланың саламат қалыўына себеп болармекен, деген нийет пенен бул атты қойған, деп тәфсир қылған (Хз.).
[66] 195-аят. Инсанда бул төрт ағза – аяқ, қол, көз ҳəм қулақ, яғный төрт мүше оның әҳмийетли ағзалары есапланады. Ал, бут ҳəм сәнемлерде бул ағзалар жоқ. Олар жасалма пишинде бар болса да, онда сезим ҳəм туйғы жоқ. Демек, олардың инсанлардан пəс дəрежеде екени өз-өзинен белгили болады.
[67] 199-аят. Аяттағы «əпиў» сөзиниң тәфсири түрлише келген. Базы муфассирлер ол – кеңпейиллик пенен өзгелердиң үзирин қабыл қылыў, аўырлықты өзине алып, басқаларға жеңиллик бағышлаў десе, басқалары зәкат ўəжиб қылынбастан алдын байлардан алынатуғын садақалар деп түсиник берген. Бирақ, биринши тәфсир мақулырақ есапланады. Усы аят нәзил болғаннан кейин, Муҳаммад (а.с.) Жәбрайылдан (а.с.) оған шолыў жасап бериўди сораған екен. Ол, соның ишинде: «Аллаҳ таала Сизге буйырып айтпақта, Сизге зулым қылған адамды Сиз əпиў етиң, Сизге бермеген адамға Сиз бериң, Сизден үзилип кеткен адамға Сиз жақынласың!» – деген екен (Тб.).
[68] 200-аят. Əпиў етиўге буйырылғаннан кейин Расул (а.с.) Аллаҳға илтижа қылып: «Ҳәй Рәббим, бул əмириңди қалай орынлайман?» – деп сорағанда усы аят арқалы, егер шайтан əпиў етиўден қайтарып, ғәзебиңди келтирсе, Аллаҳтан пана тилең, шайтанға бойсынбаң, деп буйырған екен (Бғ.).
[69] 206-аят. Бул аят ҳанафий мәзҳабы бойынша сəжде аятларынан.