Қураны кәрийм аўдармасы

Соффат

Меҳрибан ҳәм Рейимли Аллаҳтың аты менен (баслайман).

1. (Аллаҳ таала жолында) сапта дизилип турыўшы менен ант.

2. (Гүна ислерден) мудамы тосыўшы менен ант.

3. (Аллаҳтың кәламын) удайына зикир қылыўшы (периштелер ҳәм инсанлар) менен ант.

4. Әлбетте, илаҳыңыз – жалғыз!

5. (Ол) аспанлар ҳәм Жердиң ҳәм де екеўиниң арасындағы нәрселердиң Рәббиси. (Ол) және Шығыс (ҳәм Батыс)тың да Рәббиси.

6. Әлбетте, Биз (сизлерге) бул дүньяның аспанын жулдызлар менен зийнетледик

7. ҳәм (оны) ҳәр бир бойсынбайтуғын шайтаннан сақладық.

8. Олар (жинлер) жоқары (дәрежели) жанзат болған (периштелердиң сөзлерин) есите алмайды ҳәм (оларға) ҳәр тәрептен (жулдызлар) атылады[2]

9. қуўыў ушын. Оларға (ақыретте) тоқтаўсыз азап бар.

10. Тек, бир мәрте (бир сөзди) илип алған болса, оған да ушар жулдыз қуўып жетеди (ҳәм өлтиреди).

11. Енди (Ҳәй Муҳаммад!) Олардан (Мәккә кәпирлеринен) сора: «Оларды жаратыў қыйынлаў ма ямаса Биз жаратқан (басқа үлкен) нәрселерди ме?![3] Әлбетте, Биз олар (Адам)ды жабысқақ ылайдан жараттық».

12. Бәлким сен (олардан) әжепленген шығарсаң, ал олар масқара қылады.

13. Оларға (Қуран менен) еслетилсе, еслетпе алмайды (нәсият алмайды).

14. Қашан бир мөжизаны көрсе, (ийман келтириўдиң орнына) масқара қылады.

15. Олар айтты: «Бул анық сыйқырдан басқа нәрсе емес.

16. Бизлер өлип сүйек ҳәм топыраққа айланып кеткенимизде, әлбетте, (растан да) биз және қайта тирилемиз бе?!

17. Алдынғы (өтип кеткен) ата-бабаларымыз да ма?!»

18. (Ҳәй Муҳаммад!) Сен (оларға): «Аўа! Сизлер (сол күни) хор болыўшысыз!» – деп айт.

19. Ол (қайта тирилиў) тек (Исрапылдың суўры менен үплениўши) бир қышқырықтан ғана ибарат. Кейин олар бирден (қайта тирилип, ҳүкимге) қарап турады.

20. Олар: «Ҳалымызға ўайл болсын! Бул – жаза күни ғой!» – деп қалады.

21. «Бул – сизлер (дүньяда) жалғанға шығарған Ажыратыў күни.

22. (Ҳәй периштелер!) Зулым қылғанларды (кәпирлерди), олардың досларын ҳәм ибадат қылып жүрген нәрселерин топлаң,

23. Аллаҳтан өзге. Кейин оларды дозақ жолына баслаң.

24. (Бирақ, пәрманым келгенше) оларды тоқтатып (дозаққа тасламай) турың! Әлбетте, олар – (қылмыслары ҳаққында) соралыўшы.

25. (Оларға айтылады:) «Сизлерге не болды? Бир-бириңизге жәрдем бермей атырсыз?!»

26. Яқ! Олар – бул Күни бойсыныўшылар.

27. Олар бир-бирине сораў береди.

28. Олар (алданғанлар баслықларына): «Әлбетте, сизлер бизлерге оң тәрептен (исенимли тәрептен) келер едиңиз», – дейди.

29. Олар (баслықлары) айтады: «Яқ! Сизлер өзлериңиз мөмин болмаған едиңиз.

30. Бизлер ушын сизлердиң үстиңизден бийлик жоқ еди ғой?! Яқ, сизлер өзлериңиз ҳәдден асқан қәўим едиңиз.

31. Енди бизлерге Рәббимиздиң (азап) сөзи ҳақыйқат болды. Әлбетте, бизлер – (оны) татыўшымыз.

32. Сонда, биз (жолдан) адасыўшы болғанымыз ушын, сизлерди де (жолдан) адастырдық».

33. Енди олар (жолдан адасқанлар ҳәм олардың баслықлары) – ол Күни (қыяметте) азапта шерик болыўшылар.

34. Әлбетте, Биз жынаятшыларға усындай (мәмиле) қыламыз.

35. Себеби, оларға қашан: «Аллаҳтан басқа илаҳ жоқ», – делинсе, тәкаббырлық қылар еди.

36. Олар: «Бизлер бир жин урған шайырды деп өз қудайларымызды тәрк қылыўшы болайық па?!» – дер еди.

37. Яқ, Ол (Муҳаммад) ҳақты (динди) алып келди ҳәм (өткен) бәрше Пайғамбарларды тастыйықлады.

38. (Ҳәй жынаятшылар!) Әлбетте, сизлер аўыртыўшы азапты татыўшысыз.

39. Сизлер тек қылып өткен нәрсеңиздиң ғана жазасын аласыз.

40. Тек Аллаҳтың сондай (күпир ҳәм ширктен) кеўли пәк бенделери бар,

41. әне соларға (жәннетте) мәлим ырысқы бар,

42. (түрли) мийўелер бар. Олар ҳүрмет-иззет қылынған ҳалда,

43. неъматлы жәннетлерде,

44. сыпалар үстинде бир-бирине жүзбе-жүз болып отырады.

45. Оларға булақлардан кеселер айландырылып (ишимликлер қуйылып) турылады.

46. Ол (ишимлик) – аппақ, ишиўшиге ләззетли.

47. Онда (сол ишимликте) ақылды аздырыўшы нәрсе жоқ ҳәм оннан мәс те болмайды.

48. Және олардың алдында көзлерин (жат адамлардан) сақлаўшы кең ҳәм үлкен көзлилер (ҳүр қызлар) бар.

49. Олар (перделерге) жасырып қойылған (аппақ) мәйеклерге уқсайды.

50. Кейин олар (жәннет әҳли) бир-биринен сорай баслайды[4].

51. Олардан бири айтады: «Мениң (дүньяда) бир жақыным (танысым) бар еди».

52. Ол (маған) былай дер еди: «Сен де (қайта тирилиўди) тастыйықлаўшылардансаң ба?!

53. Өлип, топырақ ҳәм сүйеклер болып кеткен ўақтымызда, әлбетте (қайта тирилтилип), жазаланатуғынлардан боламыз ба?!»

54. (Жәннеттеги сыпаларда бирге отырған бирәдарларына:) «Сизлер де (дозақтағы танысымның аўҳалын) көрип турсыз ба?» – дейди.

55. Кейин, өзи (де сол танысы тәрепке) қарап, оны дозақтың ортасында көргенде,

56. (былай) дейди: «Аллаҳға ант, мени де өлтириўиңе аз қалған еди.

57. Егер Рәббимниң неъматы (ҳидаяты) болмағанда, мен де (сениң менен бирге дозақта) жыйналғанлардан болар едим.

58.(Енди маған айтың) бизлер өлиўши емес екенбиз бе?!

59. Тек биринши өлимимизден басқа?! Бизлер азапланыўшы да емес екенбиз бе?!»

60. Әлбетте, бул (жәннет неъматлары) – әйне уллы утыс.

61. Солай екен, әмел қылыўшылар, мине, усыған уқсас нәрсе ушын әмел қылсын».

62. Усы жақсы зыяпат па ямаса (дозақтағы) заққум[5] тереги ме?

63. Әлбетте, Биз оны (заққум терегин) залымлар ушын сынақ (ҳәм азап) қылдық.

64. Ҳақыйқатында да, ол дозақтың түпкиринде өсетуғын бир терек.

65. Оның (мийўе) түйетуғын жери дәл шайтанлардың басларына уқсайды.

66. Енди, әлбетте, олар (кәпирлер) – оннан жеўши ҳәм қарынларын оннан толтырыўшы.

67. Соң, әлбетте, олар ушын оның (заққум мийўелери) үстине қайнаған суўдан араластырыў бар.

68. Соң олардың (бундай «зыяпат»тан) қайтыўы, әлбетте, дозақ (алдынғы орны) болады.

69. Әлбетте, олар (Мәккә мушриклери) өзлериниң ата-бабаларын адасқан ҳалда тапты.

70. Енди өзлери де солардың (ата-бабаларының) изинен жуўырып баратыр.

71. Ҳақыйқатында да, олардан алдынғылардың көпшилиги адасқан еди.

72. Ҳақыйқатында да, Биз олардың арасына ескертиўшилерди (пайғамбарларды) жиберген едик.

73. Енди ескертилгенлердиң ақыбети қандай болғанына қара!

74. Тек Аллаҳтың (күпир ҳәм ширктен) кеўли пәк бенделери ғана (жаман ақыбетке жолықпады).

75. Ҳақыйқатында да, Бизге Нуҳ (өзиниң қәўиминен шикаят етип,) нида қылды. (Биз) қандай жақсы қабыл етиўшимиз.

76. Биз оны ҳәм оның шаңарағын үлкен ғамнан (шөгип кетиўден) қутқардық.

77. Оның зүрядларын мәңги қалыўшылар қылып қойдық[6].

78. Кейингилер (әўладлар) ишинде оның ушын (алғыс ҳәм мақтаўлар) қалдырдық.

79. Бәрше әлемлерде Нуҳға сәлем болсын!

80. Әлбетте, Биз ийгиликли ис қылыўшыларды усылай сыйлықлаймыз.

81. Әлбетте, ол Бизиң мөмин бенделеримизден.

82. Соң, басқаларын (Нуҳты инкәр еткенлерди) шөктирдик.

83. Әлбетте, Ибраҳим де оның (Нуҳтың) топарынан.

84. Сол ўақытта ол өз Рәббисине саламат кеўил менен келди.

85. Сонда ол әкеси (Азар) ҳәм қәўимине деди: «Не нәрсеге ибадат қылып атырсыз?!

86. Аллаҳты қойып, (ибадат ушын) жасалма илаҳларды қәлейсиз бе?!

87. Ондай болса, бәрше әлемлердиң Рәббиси(ниң жазасы) ҳаққында не гүманыңыз бар?!»

88. Кейин, ол жулдызларға бир қарады.

89. Кейин: «Әлбетте, мен аўырыўман», – деди.

90. Дәрҳал, оннан жүз бурып кетти.

91. Кейин, (Ибраҳим) олардың «илаҳлары» алдына әсте келип айтты: «(Алдыңыздағы аўқатларды) жемейсиз бе?!

92. Сизлерге не болды, сөйлемейсиз бе?!»

93. Соң оларға жақынласып, оң қолы(ндағы балта) менен ура баслады.

94. Кейин (қәўими буннан хабар таўып,) ол тәрепке асығып келди.

95. Ол айтты: «Өзлериңиз жонып (ислеп) алған нәрсеге ибадат қыласыз ба?!

96. Негизинде, сизлерди де, ислеген нәрселериңизди де Аллаҳ жаратқан ғой?!»

97. Олар (бир-бирине): «Оның (Ибраҳим) ушын (ишинде от жанатуғын) үйлер қурып, кейин, оны отқа ылақтырың!» – деди.

98. Соң, олар оған (Ибраҳимге) ҳийле қылыўды (жалында жағыўды) қәледи. Кейин Биз оларды пәс (жеңилген) қылдық.

99. (Ол жалынның ишинен саламат шықты) ҳәм (былай) деди: «Әлбетте, мен – Рәббиме (Ол буйырған тәрепке) кетиўшимен. Ол мени (туўры жолға) ҳидаят қылады.

100. Я Рәббим! Маған жақсылардан (перзент) бер».

101. Кейин, Биз оған бир жуўас улдың (туўылыўы ҳаққында) хош хабарын бердик.

102. Соң, қашан ол оның (әкесиниң) өзи менен бирге жүретуғын болғанда (Ибраҳим): «Ҳәй балам! Мен түсимде сени (қурбанлық ушын) сойып атырғанымды көрип атырман. Енди сен қандай пикир етиўиңди бир (ойлап) көр?» – деген еди, ол (Исмайыл): «Ҳәй аға! Саған (түсиңде Аллаҳ тәрепинен) буйырылған исти қылың! Иншааллаҳ, мени сабыр етиўшилерден табарсыз», – деди.

103. Кейин екеўи (Аллаҳтың буйрығына) бойсынды ҳәм оны (Исмайылды қурбанлыққа) маңлайы менен (жерге) жатқызған еди,

104. Биз оған нида қылдық: «Ҳәй Ибраҳим!

105. Ҳақыйқатында да, сен түсти тастыйықладың! Әлбетте, Биз ийгиликли ис қылыўшыларды, мине, усылай сыйлықлаймыз».

106. Әлбетте, бул (қурбанлыққа буйырыўым) анық сынақтың өзи еди[7].

107. Биз оның (Исмайылдың) орнына үлкен (қошқар) сойыўға алмастырдық.

108. Кейингилер (әўладлар) арасында ол ҳаққында (жақсы гәплер) қалдырдық.

109. Ибраҳимге сәлем болсын!

110. Биз ийгиликли ис қылыўшыларды усылай сыйлықлаймыз.

111. Әлбетте, ол Бизиң мөмин бенделеримизден.

112. Және, Биз оған жақсылардан (келешекте) бир пайғамбар – Исҳақтың хош хабарын бердик.

113. Оған да (Ибраҳимге де), Исҳаққа да берекет бердик. Екеўиниң зүрядынан ийгиликли ис қылыўшы да, өзине анық зулым қылыўшы да болады.

114. Ҳақыйқатында да, Биз Муўса ҳәм Ҳарунға неъмат (пайғамбарлықты) бердик.

115. Биз екеўин де, екеўиниң қәўимин де үлкен қайғыдан қутқардық.

116. Оларды қолладық, кейин, олар (Фиръаўн үстинен) жеңиске еристи.

117. Биз екеўине анық Китапты (Таўратты) бердик.

118. Және екеўин туўры жолға ҳидаят қылдық.

119. Кейингилер (әўладлар) арасында екеўи ҳаққында (жақсы гәплерди) қалдырдық.

120. Муўса ҳәм Ҳарунға сәлем болсын!

121. Биз ийгиликли ис қылыўшыларды усылай сыйлықлаймыз.

122. Әлбетте, екеўи мөмин бенделеримизден.

123. Әлбетте, Ильяс та пайғамбарлардан.

124. Сонда, ол қәўимине айтты: «(Аллаҳтан) қорықпайсыз ба?!

125. Жаратыўшылардың жақсысын (Аллаҳты) қойып, Баълге ибадат қыласыз ба?

126. Өз Рәббиңизди ҳәм алдынғы ата-бабаларыңыздың Рәбби болған Аллаҳты (тәрк етесиз бе)?!» – деди.

127. Кейин, оны (Ильясты) өтирикшиге шығарды. Енди, әлбетте, олар – (дозаққа) топланыўшылар.

128. Тек Аллаҳтың (кеўли күпирден пәк) ықласлы бенделери ғана (ол жерде топланбайды).

129. Кейингилер ишинде оның (Ильяс) ушын (мақтаўлар) қалдырдық.

130. Ильясқа сәлем болсын!

131. Әлбетте, Биз ийгиликли ис қылыўшыларды усылай сыйлықлаймыз.

132. Әлбетте, ол мөмин бенделеримизден.

133. Әлбетте, Лут та пайғамбарлардан.

134. Сол ўақытта Биз оны ҳәм оның шаңарағын, ҳәммесин қутқардық.

135. Тек (азапта) қалыўшылардан болған бир кемпирди (Луттың ҳаялын қутқармадық).

136. Соң қалғанларын жоқ еттик.

137. (Ҳәй Мәккә халқы!) Әлбетте, сизлер олардың үстинен таңда өтип турасыз,

138. түнде де (өтип турасыз). Ақыл жүритпейсиз бе?!

139. Әлбетте, Юнус та пайғамбарлардан.

140. Сол ўақытта ол (өз қәўиминен ғәзепленип,) толы кемеге қашты.

141. Кейин (кемедегилер менен) шек таслады ҳәм ол утылды[8].

142. Кейин оны маламатқа қалған ҳалында кит жутты.

143. Егер ол (Аллаҳға удайына) көп тасбиҳ айтыўшылардан болмағанда,

144. оның (киттиң) қарнында қайта тирилетуғын Күнге (қыяметке) шекем қалып кетер еди.

145. Кейин Биз оны кесел ҳалында (суўдан шығарып,) майданға (қурғақлыққа) ылақтырдық.

146. Оның үстине (сая таслап турыўы ушын) қабақ терегин өсирип қойдық.

147. Биз оны жүз мың ямаса оннан да көбирекке (адамға) пайғамбар етип қойдық.

148. Кейин, олар (Юнуске) ийман келтирди. Соң Биз оларды мәлим мүддет (әжеллери жеткенше өмирден) пайдаландырдық.

149. Енди (ҳәй Муҳаммад!) Олардан (Мәккә кәпирлеринен) сора, қызлар (периштелер) Рәббиңдики, ул балалар олардики екен бе?!

150. Ямаса Биз олардың гүўалығында периштелерди қыз қылып жараттық па?

151. Еслериңизде болсын, олар өзлериниң жалғаншылығы себепли (былай) дейди:

152. «Аллаҳ туўды». Әлбетте, олар – өтирикшилер.

153. (Аллаҳ) улларды қойып, қызларды таңлаған ба?

154. (Ҳәй Мәккә халқы!) Сизлерге не болды?! Қандай (наҳақ) ҳүким шығарып атырсыз?

155. Еслетпе алмайсыз ба?!

156. Ямаса сизлерде (Аллаҳтың перзенти бар деген) анық ҳүжжет бар ма?!

157. Егер расгөй болсаңыз, китабыңызды әкелиң!

158. (Мушриклер) Оның менен жин (периште)лер арасында нәсил (ата-балалық бар, деп гүман) қылды. Негизинде, жинлер өзлериниң, әлбетте, (азапқа) топланыўшы екенин билген.

159. Аллаҳ олардың («перзенти бар» деп) сыпатлаўынан пәк.

160. Тек Аллаҳтың (ийманда) ықласлы бенделери ғана (Аллаҳты туўры сыпатлайды).

161. (Ҳәй Мәккә халқы!) Әлбетте, сизлер де, сизлер ибадат қылып атырған нәрселер де

162. (Аллаҳға) қарсы жолдан аздырыўшы бола алмайсыз.

163. Тек, ким (Аллаҳтың жазған тәғдиринде) дозаққа кириўши болса (соны ғана жолдан аздыра аласыз).

164. (Периштелер айтты:) «Бизлерден ҳәр биримиздиң (аспанларда) анық белгили орнымыз бар.

165. Әлбетте, бизлер – (Аллаҳтың хызметинде) сап тартып турыўшылармыз

166. Әлбетте, бизлер – (Аллаҳға) тасбиҳ айтыўшылармыз».

167. Олар (Мәккә халқы былай) дейтуғын еди:

168. «Егер бизлердиң алдымызда да алдынғылардан (олардың китапларынан) бир еслетпе (Китап) болғанда еди,

169. әлбетте, Аллаҳтың (ийманда) ықласлы бенделеринен болар едик».

170. Кейин, (Қуран нәзил болғанда) оны инкәр етти. Енди жақында (буның ақыбетин) биледи.

171. Ҳақыйқатында да, пайғамбар етип жиберилген бенделеримизге (мына) сөзимиз бар:

172. «Әлбетте, олар қоллап-қуўўатланыўшы

173. ҳәм, әлбетте, Бизиң ләшкеримиз (пайғамбарлар ҳәм мөминлер) ғана – жеңиске ерисиўшилер».

174. Енди (ҳәй Муҳаммад!) Сен олардан (мушриклерден) ўақытша жүз бур!

175. оларды (утылғанда) көр! Енди жақында өзлери де (күпириниң ақыбетин) көреди.

176. Еле олар Бизиң азабымызды асықтырып атыр ма?!

177. Енди қашан, ол (азабымыз) олардың ҳәўлисине түскенде, ескертилгенлердиң таңы жүдә жаман болады.

178. Сен олардан ўақытша жүз бур!

179. (Оларды утылғанда) көр! Енди жақында өзлери де (күпириниң ақыбетин) көреди.

180. Қүдирет ийеси болған Рәббиңиз солар қылған сыпатлардан (айып нуқсанлардан) пәк.

181. Пайғамбарларға сәлем болсын!

182. Бәрше әлемлердиң Рәббиси – Аллаҳға ҳамд болсын!



[1] 37. СОФФАТ СҮРЕСИ

«Соффат» – сап тартып турыўшылар.

Сүреде ийман-исеним, күпир ҳәм ширк, инсан ҳәм жин, жәннет ҳәм дозақ, пайғамбарлар, атап айтқанда, Адам, Нуҳ, Ибраҳим, Исмайыл, Исҳақ, Муўса, Лут, Ҳарун, Юнус, Ильяс ҳәм Муҳаммад (а.с.) қыссалары ҳәм басқа мағлыўматлар баян етиледи.

Сап тартып турыўшылар дегенде бул жерде Аллаҳтың әмирине таяр болып турыўшы периштелер ҳәм мөминлер нәзерде тутылған.

[2] 8-аят. Ҳәдиске муўапық, жулдыздың ушыўы кимниңдур өлими яки туўылыўының белгиси емес, ал Аллаҳ таала Жерде болатуғын қандай да бир исти Аршты көтерип турған периштелерге еситтирип хабар қылғаннан кейин, олардан жети аспан периштелери еситеди. Жерге жақын аспан периштелеринен жинлер еситип алып, соң оған жалған гәплерди қосып Жерге түспекши болғанда, оларды набыт етиў ушын жулдызлардың атылыўы болып есапланады (Тр. Лс.).

[3] 11-аят. Кәпирлер ақыйдасы бойынша Жер ҳәм аспанларды жаратыў инсанды жаратыўдан қыйын. Қыйынына қүдирети жеткен жаратыўшы аңсатын жаратыўға да қәдир делинбекте (Мд.).

[4] 40-аяттан усы аятқа шекем кеўиллери күпир ҳәм ширктен пәк болған мөмин бенделердиң жәннеттеги материаллық ҳәм мәнаўий жақтан қандай рәҳәтте болыўы сыпатланбақта. Аятларға кеңирек пикир жүритсеңиз, жәннет неъматларының қаншелли мол екенин сезинесиз.

[5] 63-аят. «Заққум» дозақта өсиўши бир ғайры тәбийий дарақ болып, ол ҳаққындағы хабарды кәпирлер еситип, «оттың ишинде де терек өсе ме?», деп ақылларына сыйдыра алмаған. Буның менен Аллаҳ таала бенделерин Өзине қай дәрежеде ийман келтиргенин сынаған. Мөмин адам Аллаҳ ҳәм Оның расулынан келген ҳәр қандай хабарларға, ҳәтте ол хабар адам ақылына сыймаса да ийман келтириўи керек. Ал, күпир әҳли буның кериси.

[6] 77-аят. Қатода (рҳ.) сөзине қарағанда, дүньядағы барлық адамлар Нуҳтың (а.с.) зүряды саналады. Бәрше халықлар оның үш улынан, яғный Сомнан араб, парсы, рум халықлары, Ҳамнан Батыстан Шығысқа шекемги қара денели халықлар, Яфастан түрк ҳәм Азия халықлары тарқаған (Мд.).

[7] 106-аят. Ибраҳим (а.с.) түс көрген түниниң ертеңи Зулҳижжа айының жалған арафа (тарўия) күни еди. Көрген түси Роҳманнан ба яки шайтаннан ба, биле алмағаны ушын усы ат берилген. Екинши түнде түси анық болғаны ушын келеси күн «арафа» деп аталған. Үшинши түн және сол түсти көрип, таңда қурбанлыққа қарар қылғаны ушын ол күн Қурбанлық (Наҳр) күни есапланады (Мд.).

Қурбанлыққа Исмайыл (а.с.) яки Исҳақты (а.с.) жатқарғаны туўралы тартыс бар. Ибн Масъуд, Әлий, Аббас, Умар, Әбиў Ҳурайра, Абдуллаҳ ибн Салам (рз.)лар ҳәм Муқотил, Каъб, Масруқ, Суддий, Ато, Икрима, Қатода (рҳ.)лар ҳәм китап ийелери Исҳақ еди дейди. Әбиў Бәкир, Ибн Аббас, Ибн Умар (рз.)лар, Ҳасан, Саид, Шаъбий, Мужаҳид (рҳ.)лар Исмайыл (а.с.) еди, деген. Исмайыл (а.с.) екени аят ҳәм ҳәдислер бойынша, анығырақ (Мд. Лс. Хз.).

[8] 141-аят. Юнус (а.с.) өз қәўиминиң қылмысларынан азарланып, оларға ўәде етилген жаза келмегеннен кейин, өзи бас алып шығып кетип, бир теңиз бойына жетип барады. Жөнеп баратырған бир кемеге мингенинде, теңиз ортасына барып, кеме тоқтап қалады. Кемешилер: «Ишимизде өз хожасынан қашқан қул болса керек. Оны таппасақ, кемемиз тура береди», – деп шек таслайды. Шек таслағанда Юнустың (а.с.) аты шыққаннан кейин, оны теңизге таслап жибереди.