Қураны кәрийм аўдармасы

Абаса

Меҳрибан ҳәм Рейимли Аллаҳтың аты менен (баслайман).

1. (Муҳаммад) қабағы үйилди ҳәм жүз бурды.

2. Себеби, оның алдына көзи соқыр адам келген еди[2].

3. (Ҳәй Муҳаммад!) Қаяқтан билесең, бәлким ол (сен арқалы өз гүналарынан) пәк­ленер

4. ямаса еслетпе алар, кейин сол еслетпе оған пайда берер?!

5. Бирақ, (сени бәнт еткен) бай адамға болса,

6. енди сен (итибар берип) ол тәрепке умтылып атырсаң.

7. Оның (өз күпиринен) пәкленбеўи саған зыянлы емес еди.

8. Бирақ, алдыңа асығып келген адам болса

9. ол (Аллаҳтан) қорыққан еди,

10. енди сен оннан шалғып атырсаң.

11. Яқ! (Бундай қылма!) Әлбетте, олар (Қуран аятлары) еслетпе.

12. Солай екен, ким қәлесе, (оны) ядлайды.

13. (Ол аятлар Аллаҳтың алдында) ҳүрметленген саҳифаларда,

14. жоқары қәдирленген, пәк­ленген (саҳифаларда),

15. Кәтиб (периште)лердиң қолларында.

16. (Олар –) ҳүрметленген ҳәм итаатлы.

17. Өлим келгир (кәпир) инсан, бунша күпир келтирмесе!

18. (Аллаҳ) оны қайсы нәрседен жаратты?

19. (бир арзымаған) нутфадан жаратып, кейин оны (туўылыў ўақтын) белгилеп қойды.

20. Соң оған (туўылыўында) жолды аңсат қылды.

21. Соң оны өлтирди кейин қәбирге киргизди.

22. Соң (Өзи) қәлеген ўақытта, оны қайта тирилтеди.

23. Яқ! (Кәпир инсан Аллаҳ) буйырған нәрсени сирә қылмады.

24. Енди инсан өзиниң аўқатына (ибрат көзи менен төмендеги неъматларымызға бир) қарасын:

25. Әлбетте, Биз (аспаннан) суўды мол жаўдырдық.

26. Соң Жерди (өсимликлер өссин, деп) жардық.

27. Кейин, Биз онда дән(лер)ди өндирдик,

28. жүзим ҳәм көк шөплерди,

29. зайтун ҳәм қурмаларды,

30. қалың бағларды,

31. мийўелер ҳәм гияларды да.

32. (Буларды) сизлер ҳәм шарўаларыңыз пайдаланыўы ушын (жараттық).

33. Қашан (қулақларды) герең қылыўшы (қышқырық) келгенде (суўр екинши мәрте үпленгенде),

34. сол Күни адам өзиниң туўысқанынан қашады.

35. Және анасы ҳәм әкесинен,

36. ҳаялы ҳәм балаларынан (да қашады).

37. (Себеби) ол Күни олардан ҳәр бириниң өзине жетерли иси (тәшўиши) болады.

38. Ол Күни (айырым) жүзлер жарқын,

39. күлимсиреген, қуўанған (болады).

40. Ол Күни (айырым бир) жүзлердиң үстинде шаң болып,

41. оларды қаралық қаплайды.

42. Әне солар – (дүньяда жасаған ўақтында) бузық ислер ислеўши кәпирлер.



[1] 80. АБАСА СҮРЕСИ

«Абаса» – жүзин бүристирди, қабағын үйди, деген мәнилерди аңлатады.

Сүрениң басында Расулдың (а.с.) алдына Абдуллаҳ ибн Умми Мактум атлы бир көзи әззи мусылман келип, диний мәселе сорамақшы болғанда, оны сыйламай, Мәккә ҳәмелдарларына үгит-нәсият етиў менен әўере болғаны ушын Аллаҳтан алған ескертиўи баян етилген.

Сүре даўамында инсанның жаратылыўы, жасаўы ҳәм қайтыс болыўы, ол жеп-ишетуғын наз-неъматлар, қыямет күниндеги адамлардың ғам-тәшўишлери, ҳәмме өзи менен әўере болып қалыўы, жақсылардың жүзлери жарық, ал жаманлардың жүзи қара болыўы киби мағлыўматлар бериледи.

[2] 2-аят. Бул келген адам Абдуллаҳ ибн Умми Мактум атлы көзи әззи адам еди. Ол Расулдың (а.с.) бәнт екенин сезбей, өзиниң сораўларына жуўап алыўға ҳәрекет етеди. Оған ашыўы келген Пайғамбарымыздың (а.с.) жүзи бүриседи ҳәм сораўларына жуўап та бермейди. Бул мәмиле Ҳақ таалаға хош келмеди ҳәм усы аятлар менен ескертиў берди. Ескертиўди де: «Қабағыңды бүристирдиң» демей, «Қабағын бүристирди», – деп үшинши бет түринде айтты. Ал, бул онша қатты батпайды. Пайғамбардың өзи жоқары қулық ийеси бола турып, көзи әззи адамға усындай суўық мәмиледе болды ма, деген сораў туўылыўы мүмкин. Яқ, ҳасла! Бириншиден, өзи Мәккә ҳәмелдарларын ҳидаятқа қарай бағдарлай аламан ба, деп ҳәрекет етип турғанда биреў келип, буннан шалғытқан ҳалатты көз алдыңызға келтирип көриң. Басқа ҳәр қандай адам оның орнында болғанда оған жекиринип жиберген болар еди. Бирақ, Расул (а.с.) жүзин бүристириў менен шекленди. Буны ол киси байқаған да жоқ. Бирақ, уллылардың азғана кишкене қәтеси де басқаларға үлкен нуқсан есапланады. Сонлықтан, Ҳақ таала өз Пайғамбарын ескертип қойды. Мысалы, тасаўўыфта бир ибара бар: «Әпиўайы жақсы адамлардың саўаплы ислери Аллаҳға жақын инсанлардың гүналары менен тең есапланады». Яғный, олар уллы әмеллерди етиўи керек.