Қураны кәрийм аўдармасы

Шамс

Меҳрибан ҳәм Рейимли Аллаҳтың аты менен (баслайман).

1. Ант етемен, Қуяш ҳәм оның зыясы менен,

2. оның (Қуяштың) артынан келген Ай менен,

3. оны (Жерди Қуяш) жақты қылған күндиз бенен,

4. оны (Қуяшты) қаплаған түн менен,

5. Аспан ҳәм (Аллаҳ) бина қылған (басқа) нәрселер менен,

6. Жер ҳәм (Аллаҳ) жайып қойған (басқа) нәрселер менен,

7. Нәпси ҳәм (Аллаҳ) тиклеген нәрсе (инсанлар) менен[2].

8. Енди оған (нәпсиге) бузықлықты да, тақўасын да (Ол) илҳам етип қойған.

9. (Усылар менен ант етемен) ҳақыйқатында да, оны (нәпсин) пәклеген адам утысқа еристи

10. ҳәм ҳақыйқатында да, оны (нәпсин гүналар менен) көмип қойған адам (Аллаҳтың мийриминен) үмитсиз болады.

11. Самуд (қәўими) ҳәддинен асқанлығынан (өзлериниң пайғамбарын) жалғаншыға шығарды.

12. Себеби, Олардың ең бахытсызы (түйени сойыў ушын) қозғалды,

13. кейин, оларға Аллаҳтың пайғамбары (Солиҳ): «Аллаҳтың түйесинен (оны сойыўдан) ҳәм оның суў ишиўинен (оған тосқынлық қылыўдан сақланың)!» – деди.

14. Сонда, (пайғамбарды) жалғаншы етип, оны (түйени) сойып жиберди. Кейин Рәббиси гүналары себепли үстине қырғын жиберип, кейин оны (бәршеге) тең қылды.

15. (Аллаҳ Өз исиниң) ақыбетинен қорықпайды.



[1] 91. ШАМС СҮРЕСИ

«Шамс» – Қуяш.

Сүреде Аллаҳ таала ант пенен нәпсин пәклеген адамның жәрдем таўып, гүнаға батқанлардың үмитсизликте қалатуғыны сыяқлы ескертиўлер менен бирге Солиҳ (а.с.) қәўими Самуд әҳлиниң қылмыслары ушын берилген жаза ҳаққында хабар береди.

[2] 7-аят. Сүре аятларындағы табыс ҳәм ийелик сеплеўлерине уқсас «ҳа» замир (алмасық)лардың тийисли орынлары ҳаққында атақлы муфассирлерден Мужаҳид, Қатода, Табарий, Ибн Касир ҳәм басқаларда парық бар. Сонлықтан, олардың тәфсирлеринен пайдаланған ҳалда аўдарып хәм тәфсир етиўге ҳәрекет етилди. Олардың ишинде Аллаҳтың Өзи менен ант етиўи, деп қылынған тәфсирлердиң орнына басқа түрдеги тәфсирлерди қойыўды абзал деп таптық.