1. Ант етемен, қаплап алған түн менен,
2. жақтыланып киятырған күн менен,
3. (Аллаҳ) жаратқан еркек ҳәм ҳаял менен,
4. әлбетте, сизлердиң ҳәрекетлериңиз түрлише.
5. Енди ким (зәкат ҳәм садақаларын) берсе ҳәм (Аллаҳтан) қорықса
6. ҳәм де гөззалды (нәрсени)[2] тастыйықласа,
7. онда оған аңсатлықты миясар етемиз.
8. Бирақ, ким сықмарлық етсе ҳәм (өзин) бийқәжет (бай) санаса,
9. ҳәм де гөззалды (нәрсени) жалғанға шығарса,
10. онда оған аўырлықты миясар етемиз.
11. (Ол) набыт болған ўақытта оған байлығы пайда бермейди.
12. Әлбетте, ҳидаятқа (туўры жолға) баслаў – Бизге.
13. Әлбетте, ақырет те, дүнья да тек Бизики.
14. Солай екен, сизлерди (Қуран ҳәм пайғамбар арқалы) лаўлаған дозақтан ескерттим.
15. Оған бахытсыз (адам) ғана киреди.
16. Ол (динди) жалғанға шығарып, (итааттан) жүз бурған болса.
17. Әлбетте, тақўалы адам оннан (дозақтан) узақластырылады.
18. Ол байлығын (жақсылық жолында) сарплап (өзин) пәклеген болса.
19. Оның (сарплаўшының) алдында (мойнында) ҳеш кимге қайтарылатуғын неъмат жоқ.
20. Ол тек жоқары Рәббисиниң «жүз»ин қәлеп (иҳсан қылады).
21. Әлбетте, (ол) жақында (қыяметте берилетуғын сыйлықтан) разы болады.
[1] 92. ЛАЙЛ СҮРЕСИ
«Лайл» – түн.
[2] 6-аят. Гөззал нәрсе дегенде ислам дини яки жәннет, ямаса ийман кәлиймасы нәзерде тутылған.