1. Аспанлар ҳәм Жерди жаратқан, қараңғылықлар ҳәм нурды пайда еткен Аллаҳға ҳамд болсын[1]. Соң, күпир келтиргенлер Рәббисине (бутларды) теңлестирип атыр.
2. (Ол) сизлерди (Адам атаны) ылайдан жаратып, соң әжелди (мүддетин) белгилеп қойды. Белгиленген әжел (қыямет болыў ўақты ҳәм есаплар да) Оның алдында. (Усыдан) кейин де шубҳаланып атырсыз.
3. Ол аспанларда да, Жерде де – Аллаҳ[2]. Сырларыңызды да, ашықтан-ашық қылғанларыңызды да биледи ҳәм қылып атырған кәсиплериңизди де биледи.
4. Оларға (Мәккә мушриклерине) Рәббиси аятларынан қандай аят келсе де, олар оннан жүз бурыўшы болды.
5. Оларға ҳақыйқат (Қуран) келгенде, оны жалғанға шығарды. Тез арада олар өзлери мазақлап жүрген нәрсениң (Қуранның) хабарын[3] алады.
6. Олардан алдын қанша әсирлерди[4] (адамларды) қыйратқанымызды көрмеди ме?! Соларға Жер бетинде сизлерге бермеген имканиятларды берген едик. Аспаннан үстилерине (жаўын) жаўдырып, астыларынан дәрьялар ағызып қойдық. Кейин, гүналары себепли оларды қыйраттық ҳәм орынларына басқа әсирлерди (әўладларды) алып келдик.
7. Егер саған (ҳәй Муҳаммад!) қағаздағы жазыўды түсирсек, олар оны қоллары менен услап көрсе де, (бәри бир) күпир келтиргенлер: «Бул – анық сыйқырдан басқа нәрсе емес», – деген болар еди.
8. Олар: «Оған (Муҳаммадқа гүўа болыў ушын) периште түсирилсе еди», – деди. Егер периште түсирсек, ис тамам болады, соң оларға мәўлет берилмейди.
9. Егер оны (Пайғамбарды) периште қылсақ та, еркек (адам көринисинде) қылған болар едик ҳәм өзлери шубҳаланған нәрсени және шубҳалығынша қалдырған болар едик[5].
10. Сеннен алдынғы пайғамбарлар да мазақ қылынған. Соң оларды масқара қылған нәрсеси (ҳақыйқат) масқара қылыўшыларды орап алды (набыт етти).
11. Сен: «Жерди айланып көриң, соң (пайғамбарларды) жалғаншыға шығарғанлардың ақыбети не болғанына қараң», – деп айт.
12. Сен: «Аспанлар ҳәм Жердеги нәрселер кимдики?» – деп айт! (Кейин, өзиң) «Аллаҳтики», – деп айт! Ол мийирманшылықты Өзине жазды (кепиллигине алды)[6]. Сизлерди, әлбетте, қыямет күнинде жәмлейди. Бунда шубҳа жоқ. Өзине өзи зыян қылыўшылар ғана буған ийман келтирмейди.
13. Түн ҳәм күндизде тыныш турыўшылар да – Оныки. Ол – Еситиўши, Билиўши.
14. Сен: «Аспанлар ҳәм Жерди жаратқан, (ҳәммеге) жегизип, Өзи жемейтуғын – Аллаҳтан өзгени дос қылып алайын ба?!» – деп айт. «Мен мусылманлардың бириншиси болыўға буйырылдым», – деп те айт. Ҳасла мушриклерден болма!
15. Сен: «Әлбетте, мен егер Рәббиме бойсынбасам, уллы күн азабынан қорқаман», – деп айт.
16. Ким сол күни оннан (азаптан) шетлетилсе, онда ҳақыйқатында да, (Аллаҳ) оған мийирманлық қылыпты. Сол – анық утыс.
17. Егер Аллаҳ саған бир зыянды жеткизсе, онда Оның Өзинен басқасы оны жоқ қыла алмайды. Егер ол саған бир жақсылықты жеткизсе, онда (билип қой) Ол – ҳәмме нәрсеге қәдир.
18. Ол – бенделери үстинен Үстем. Ол – Ҳикметли, Хабардар.
19. Сен: «Гүўалыққа не нәрсе ең үлкенирек?» – деп айт. Сен: «Аллаҳ[7]. (Ол) мениң менен сизлердиң араңызда гүўа. Сизлерди ҳәм (Ислам дини) жетип барғанларды ескертиўим ушын маған усы Қуран ўаҳий қылынды. Сизлер ҳақыйқатында да «Аллаҳ пенен бирге басқа илаҳ бар», деп гүўалық бересиз бе?» – деп айт. Сен: «Мен (ондай деп) гүўалық бермеймен», – деп айт. Сен: «Әлбетте, Ол жалғыз илаҳ ҳәм мен сизлер қылып атырған ширктен пәкпен», – деп айт.
20. Биз Китап бергенлер (яҳудий ҳәм насранийлер) оны (Муҳаммадты) өзиниң баласын танығандай таныйды. Өзлерине зыян қылғанлар ғана (оған) ийман келтирмейди.
21. Аллаҳға өтирик тоқыйтуғынлардан ямаса Оның аятларын жалғанға шығаратуғынлардан да залымырақ ким бар? Әлбетте, залымлар (ақыретте) утысқа ерисе алмайды.
22. Олардың ҳәммесин жыйнап, соң ширк келтиргенлерге Биз: «Сизлер (қудай деп) ойлаған шериклериңиз қәне?» – дейтуғын күнди (есле!)
23. Соң, «Рәббимиз Аллаҳға ант, (бизлер) мушрик болмаған едик», – деп айтыўдан басқа фитналары (үзирлери) қалмайды.
24. (Ҳәй Муҳаммад!) Олар өзлерин қалай алдағанына ҳәм тоқып жүрген нәрселери (жасалма қудайлары) қалай жоқ болып кеткенине қара.
25. Олардан (Қуран оқығаныңызда) саған қулақ асатуғынлары да бар[8]. Олар оны түсинбеўи ушын Биз олардың кеўиллерине перде ҳәм қулақларына аўырлық қылып қойдық. Ҳәмме мөжизаларды көрсе де, ийман келтирмейди. Ҳәтте, сениң менен тартысыў ушын алдыңа келгенде күпир келтиргенлер: «Бул (айтқанлары) тек ғана алдынғылардың әпсаналары», – дейди.
26. Олар оннан (Исламнан адамларды) қайтарады ҳәм оннан өзлери де узақласады. Олар өзлери сезбеген ҳалда тек өзлерин ғана қыйратады.
27. Дозақтың үстинде тоқтатылғанда: «Қәне еди (дүньяға) қайтарылсақ, Рәббимиздиң аятларын жалғанға шығармас едик ҳәм мөминлерден болар едик», – дегенин көрсең еди!
28. Яқ! Олар алдын жасырып жүрген нәрселери (сырлары)[9] әшкара болды. Егер олар (дүньяға) қайтарылса да, (және) қадаған етилген нәрселерге қайтқан болар еди. Олар, ҳақыйқатында да, өтирикшилер!
29. Олар: «Бул дүньядағы өмирден басқа (өмир) жоқ, бизлер қайта тирилмеймиз», – деди.
30. Рәббисиниң алдында тоқтатылғанда, (Аллаҳ): «Усы (қайта тирилиў) ҳақыйқат емес пе?!» – дегенде, (олар): «Рәббимизге ант, ҳақыйқат!» – дегенин, (Аллаҳ): «Онда, күпир келтиргениңиз ушын азап шегиң», дегенин көрсең еди!
31. Аллаҳ пенен ушырасыўды өтирик дегенлер, шубҳасыз, зыянға ушырады. Ҳәтте, тосаттан қыямет келип қалғанда, үстилерине гүналарын арқалап алған ҳалларында: «Ол жақта (дүньяда) қылған кемшиликлеримизге ҳәсирет болсын», – дейди. Буншелли жаман нәрсени арқалады-я![10]
32. Бул дүнья өмири тек ғана бийҳуўда ойын-күлки. Тақўалылар ушын ақырет үлкеси жақсы. Ақыл ислетпейсиз бе?
33. Олардың (кәпирлердиң) айтқан гәплери сени қапа қылғанын жақсы билемиз. Олар сени өтирикши қылып атырған жоқ, ал (бул) залымлар Аллаҳтың аятларын инкәр етип атыр.
34. Сеннен алдынғы пайғамбарлар да өтирикшиге шығарылған. Кейин, оларға жәрдемимиз келгенге шекем жалғанға шығарылыўына ҳәм олардың берген азарларына сабыр етти. Аллаҳтың сөзлерин (ўәделерин) өзгертиўши (күш) жоқ. Ҳақыйқатында да, саған (өткен) пайғамбарлардың қыссалары (белгили дәрежеде) келген.
35. Егер олардың қарсылығы саған аўыр батып атырған болса, онда қолыңнан келгенше жерди тесип болса да, аспанға зәңги қойып болса да, оларға дәлил келтир[11]. Егер Аллаҳ қәлегенде еди, оларды ҳидаяттың үстинде жыйнар еди. Солай екен, ҳеш ўақытта (буның ҳикметин билмейтуғын) наданлардан болма!
36. Әлбетте, (гәпти ықлас пенен) еситетуғынлар ғана (шақырығыңызды) қабыл етеди. Ал, өлилерди[12] Аллаҳ тирилтеди. Соң Оның Өзине қайтарылады.
37. Олар: «Оған Рәббисинен бир мөжиза түссе еди?» – дейди. Сен: «Әлбетте, Аллаҳ – мөжиза түсириўге қәдир», – деп айт. Бирақ, олардың көбиси (буны) билмейди.
38. Жердеги бир жанзат па ямаса еки қанаты менен ушыўшы қус па, ҳәммеси – сизлер киби үммет[13]. Китапқа ҳеш нәрсени қалдырмай жазғанбыз. Соң (ҳәммеси) Рәббисиниң алдына жыйналады.
39. Аятларымызды жалғанға шығарғанлар қараңғылықлар ишиндеги герең ҳәм сақаўлар. Аллаҳ кимди қәлесе адастырады ҳәм кимди қәлесе туўры жолдың үстине (беккем етип) қояды.
40. Сен: «Егер рас сөйлеўши болсаңыз, айтың, сизлерге Аллаҳтың азабы ямаса қыямет келсе, Аллаҳтан басқа илтижа қылатуғыныңыз бар ма?» – деп айт.
41. Яқ! Тек Оның Өзине ғана илтижа қыласыз. Кейин, Ол қәлесе, сизлер сораған нәрсени (бәлени) жоқ қылады. (Бундай ҳалда) сизлер ширк қылған нәрселериңизди умытасыз.
42. Ҳақыйқатында да, сизлерден алдынғы үмметлерге де (пайғамбарларды) жибергенбиз. Кейин тәўбе қылыўы ушын, оларды бәле ҳәм апатлар менен усладық[14].
43. Бизлердиң сынаўымыз оларға жеткенде, тәўбе қылса болмас па еди?! Бирақ, кеўиллери қатты болды ҳәм шайтан оларға ислеп атырған ислерин зийнетлеп көрсетти.
44. (Олар) еслетилген нәрселерди (сынақ күнлерин) умытқанында, оларға ҳәмме нәрсениң есиклери ашып қойылды[15]. Ҳәтте олар өзлерине берилген нәрселерге (наз-неъматларға) қуўанып турғанында, оларды бирден усладық. Кейин, олар үмитсиз болды.
45. Соң зулым қылған қәўимниң изи кесилди. Әлемлердиң Рәббиси болған Аллаҳға ҳамд болсын!
46. Сен: «(Ойлап) көрдиңиз бе, егер Аллаҳ қулақ ҳәм көзлериңизди алып қойса ҳәм кеўиллериңизди тамғаласа, Аллаҳтан басқа қайсы илаҳ оны сизлерге (қайтарып) береди?!» – деп айт. Биз аятларды қалай баянлап атырғанымызға, соң олардың терис қарап кетип баратырғанына (бир) қара.
47. Сен: «Ойлап көрдиңиз бе, егер Аллаҳтың азабы тосаттан ямаса ашықтан-ашық келсе, тек залым қәўимлер ғана қыйралады!» – деп айт.
48. Биз елшилерди (пайғамбарларды) тек (адамларға) хош хабар бериўши ҳәм ескертиўши қылып жибергенбиз. Солай екен, ким ийман келтирип, (қәтелерин) дүзетсе, оларға қәўип те жоқ, олар қапа да болмайды.
49. Аятларымызды жалғанға шығарғанларға бузғыншылықлары себепли азап жетеди.
50. Сен: «Сизлерге, алдымда Аллаҳтың ғәзийнелери бар, – деп айтпайман. Ғайыпты да билемен, – демеймен. Және сизлерге: «Мен периштемен» – деп те айтпайман. Мен тек өзиме ўаҳий қылынған нәрсеге ғана еремен», – деп айт. Сен: «Соқыр менен көзи көретуғын адам тең бола ма? Пикир жүритпейсиз бе?» – деп айт.
51. Оның (Қуран) менен Рәббисиниң алдына жыйналыўдан қорқатуғынларды ескерт. Олар ушын Аллаҳтан өзге дос та, ақлаўшы да жоқ. Қәнекей, тақўалы болса.
52. Азанлы-кеш (удайы) Рәббисине Оның «жүзин» қәлеп дуўа (ибадат) қылып атырғанларды (алдыңнан) қуўма! Сениң мойныңда олардың (ислери) есабынан ҳеш нәрсе (жуўапкершилик) жоқ. Олардың мойынларында да сениң (ислериң) есабынан ҳеш нәрсе (жуўапкершилик) жоқ. Оларды қуўып, залымлардан болма![16]
53. «Арамыздан Аллаҳ (келип-келип) соларға неъмат берди ме?!» – деп айтыўы ушын айырымларын айырымлары менен (усылай) сынадық. Шүкир қылыўшыларды Аллаҳтың Өзи жақсы билиўши емес пе?
54. Аятларымызға ийман келтирип атырғанлар алдыңа келгенде, сен: «Сизлерге сәлем (саламатлық) болсын! Рәббиңиз Өзине мийирманшылықты жазды: Сизлерден ким билместен жаманлық (гүна ис) қылса, соң оннан (гүнасынан) кейин тәўбе қылып, (өзин) дүзетсе, онда, әлбетте, Ол – Кеширимли, Рейимли», – деп айт.
55. Усылай етип, жынаятшылардың жолы айдын болыўы ушын аятларымызды толық баян етемиз.
56. Сен: «Мен Аллаҳты қойып, сизлер ибадат қылып атырған нәрсеге ибадат қылыўдан қайтарылғанман», – деп айт. «Мен сизлер қәлеген нәрсеге ермеймен. Себеби, егер ондай болса, мен адасқан болып ҳәм ҳидаят тапқанлардан болмай қаламан», – деп айт.
57. Сен: «Мен Рәббимнен болған анық ҳүжжеттемен. Сизлер оны жалғанға шығардыңыз. Сизлер асықтырып атырған нәрсе (азап) менде (ықтыярымда) емес[17]. Ҳүким тек Аллаҳтың Өзиники. Ол ҳақыйқатты баян етеди. Ол – ажыратыўшылардың ең жақсысы», – деп айт.
58. Сен: «Егер сизлер асықтырып атырған нәрсе менде болғанда еди, мениң менен сизлердиң арамыздағы мәселе (әллеқашан) шешилген болар еди[18]. Аллаҳ – залымларды жақсы билиўши», – деп айт.
59. Ғайыптың (жасырын ис ҳәм нәрселердиң) гилтлери Оның (Аллаҳтың) алдында. Оны Оннан басқасы билмейди. Ол қурғақлық ҳәм теңиздеги нәрсени де биледи. Бир жапырақ үзилип түссе, оны да биледи. Жердиң қойнында бир дана дән болсын, ызғар ҳәм қурғақ (нәрсе) болсын, (ҳәммеси) анық Китапта (Лаўҳул-маҳфузда жазылған)[19].
60. Ол түнде сизлерди «өлтиреди» (уйқылатып руўхыңызды ўақытша алады)[20] ҳәм күндиз қылатуғын ислериңизди биледи. Соң, белгиленген мәўлет (өмир) толық болыўы ушын онда (күндиз) сизлерди (және) «тирилтеди» (оятады). Соң Оған қайтасыз. Соң Ол сизлерге (дүньяда) не қылғанларыңыздың хабарын береди.
61. Ол бенделери үстинен (ҳәмме исте) Үстем. Ол үстиңизге (саўап ҳәм гүналарыңызды жазып) сақлаўшыны (периштелерди) жибереди[21]. Қашан бириңизге өлим ўақты келсе, елши (периште)леримиз кемшиликке жол қоймай, (өз ўақтында) оның жанын алады[22].
62. Соң (олар) ҳақыйқый ийелери болған Аллаҳға қайтарылады. Билип қойың, ҳүким – Оныки. Ол – ең тез есап-санақ қылыўшы.
63. Сен: «Сизлерди қурғақлық ҳәм теңиздиң қараңғылық (қорқыныш ҳәм апат)ларынан – Оған ашықтан-ашық жалынып ҳәм жасырынша: «Егер бизлерди усыдан (қәўиптен) қутқарса, әлбетте, шүкир қылыўшылардан боламыз?» – деп дуўа қылғаныңызда ким сизлерди қутқарады?» – деп айт.
64. Сен: «Сизлерди оннан ҳәм бәрше ғамлардан Аллаҳ қутқарды. Соң сизлер (және) ширк келтире бересиз», – деп айт.
65. Сен: «Ол сизлерге төбеңизден ямаса аяғыңыздың астынан азап жибериўге яки түрли топарларға араластырып, айырымларыңызға айырымларыңыздың азабын таттырыўға қәдир», – деп айт. Аятларымызды қандай қылып баян етиўимизге нәзер сал. Қәнекей, түсинсе.
66. Ол (Қуран) ҳақ болса да, қәўимиң оны жалғанға шығарды. Сен айт: «Мен сизлерге ўәкил (сақшы) емеспен.
67. Ҳәр бир хабардың өз орны (ҳәм ўақты) бар. Тез арада билесиз».
68. Аятларымызды (менсинбей мазақ қылыўға) кирисип кеткенин көргениңде, олар басқа гәпке өтпегенше, олардан жүзиңди бур. Егер шайтан есиңнен шығарған болса, есиңе түскеннен кейин, залым қәўимлер менен отырма![23]
69. Тақўалылардың мойнында олардан (динсизлердиң қылған ислеринен) ҳеш қандай есап (бериў) жоқ. Бирақ, (бул гүналардан сақланыўы ушын) еслетпе бар. Қәнекей, тақўа қылса.
70. Динин ойын-күлки қылып алған ҳәм дүнья өмири алдап қойғанларды тәрк ет (оларға пәрўа қылма)! Ҳәр бир жан өзиниң қылған иси себепли қыйратылыўы, Аллаҳтан басқа ҳеш бир дос та, ақлаўшы да жоқлығын, бар нәрсесиниң ҳәммесин берсе де оннан алынбайтуғынлығын, Оның менен (Қуран менен) еслет! Әне солар – қылған ислери себепли азапланатуғынлар. Күпир келтиргенлери себепли оларға қайнаған суўдан ибарат ишимлик ҳәм аўыртыўшы азап бар.
71. Сен: «Аллаҳты қойып, пайда да, зыян да бере алмайтуғын нәрселерге ибадат қыламыз ба? Аллаҳ бизлерди ҳидаят қылғанынан кейин артымызға қайтамыз ба?! (Онда) жин тийип кетип, Жерде ҳайран болып жүргенде дослары: «Биз тәрепке кел!» деп ҳидаятқа шақырған адамға уқсап қаламыз ғой!»[24]– деп айт. Сен: «Әлбетте, Аллаҳтың ҳидаяты – (ҳақыйқый) ҳидаят. Бизлер пүткил әлемлердиң Рәббисине бойсыныўға буйырылғанбыз», – деп айт.
72. (Бизге және): «Намазды кәмил оқың ҳәм Оннан (Аллаҳтан) қорқың! Сизлер Оның алдына жыйналасыз» (деп буйырылған).
73. Ол аспанлар ҳәм Жерди ҳикмет пенен жаратты. «Бол!» – деген күни[25] (қәлегени) болады. Оның сөзи – ҳақыйқат. Суўр[26] шалынатуғын Күни ҳүкимдарлық (тек) Оныки. Ол – жасырын ҳәм ашық нәрселерди де билиўши. Ол – Ҳикметли, Хабардар.
74. Ибраҳим әкеси Азарға: «Бутларды қудай етип аласыз ба? Мен сени ҳәм қәўимиңди анық адасыўда екенин көрип атырман», – дегенин есле[27].
75. Усылай қылып, Ибраҳимге оның исениўшилерден болыўы ушын аспанлар ҳәм Жердиң мүликлерин (әжайыбатларын) көрсетемиз[28].
76. Түн оны қаплағанда, жулдызды көрип: «Мине, мынаў – Рәббим», – деди. Ал, (ол) батып кеткенде: «Батыўшыларды жақтырмайман», – деди.
77. Шығып атырған Айды көргенде: «Мине, мынаў – Рәббим», – деди. Ол да батқанында: «Егер Рәббим мени туўры жолға басламаса, әлбетте, адасыўшылардан боламан», – деди.
78. Шығып атырған Қуяшты көргенде: «Мине, мынаў – Рәббим. Бул үлкенирек», – деди. Ол да батып кеткенде: «Ҳәй қәўимим, мен сизлер ширк келтирип атырған нәрседен кештим», – деди[29].
79. (Ибраҳим): Мен туўры жолды таңлаған ҳалымда жүзимди аспанлар ҳәм Жерди жаратқанға қараттым. Мен мушриклерден емеспен», – деди.
80. Қәўими оның менен тартысты. Ол (былай деди): «Мениң менен Аллаҳ ҳаққында тартысасыз ба? Ол мени ҳидаят қылған. Сизлер Оған келтирген ширктен мен қорықпайман. Тек Рәббим бир нәрсени қәлесе (сол болады). Рәббим ҳәмме нәрсени Өзиниң илими менен орап алған. Еслесеңиз болмай ма?
81. Сизлер келтирген ширктен қалайынша қорқаман. Сизлер өзлериңизге ҳүжжет түсирмеген нәрсени Аллаҳға ширк келтирип турып, қорықпайсыз?!» (Бул) еки топардың қайсысы (қорықпай) еркин болыўға ҳақылырақ? Егер билсеңиз (айтың!)
82. Ийман келтирип, ийманларына зулымды (ширкти) араластырмағанлар – әне соларға аманлық бар ҳәм олар ҳидаят (туўры жол) тапқан.
83. Қәўимине қарсы Ибраҳимге берген ҳүжжетимиз – усы. Кимди қәлесек, дәрежесин көтеремиз. Әлбетте, Рәббиң – Ҳикметли, Билиўши.
84. Биз оған (Ибраҳимге) Исҳақ[30] ҳәм Яқубты бердик. Ҳәммесин ҳидаятқа жолладық. Буннан алдын Нуҳты да ҳидаятқа жоллаған едик. Оның зүрядынан Даўыт, Сулайман, Айюб, Юсуф, Муўса ҳәм Ҳарунды да (ҳидаят қылдық). Шырайлы ис қылыўшыларды усылай сыйлықлаймыз.
85. Зәкария, Яҳя, Ийса ҳәм Ильясты да (ҳидаят қылдық). Ҳәммеси – жақсылардан.
86. Исмайыл, ал-Ясаъ, Юнус ҳәм Лутты да (ҳидаят қылдық). Ҳәммесин пүткил дүньядан абзал қылдық[31].
87. Олардың ата-бабаларынан да, зүрядларынан да ҳәм ағайинлеринен де (айырымларын абзал қылдық). Оларды таңлап алдық ҳәм туўры жолға (ҳақ динге) ҳидаят қылдық.
88. Усы – Аллаҳтың ҳидаяты. Ол соның менен Өзиниң бенделеринен кимди қәлесе, соны ҳидаят қылады. Егер ширк келтирсе, қылған (саўаплы) әмеллери бийҳуўда кетеди.
89. Әне солар – Биз оларға Китап, ҳүким (Ҳикмет) ҳәм пайғамбарлықты берген адамлар. Егер буларды мыналар (Мәккә мушриклери ҳәм кәпирлер) инкәр етсе, оны инкәр етпейтуғын қәўимди оған ўәкил қылғанбыз[32].
90. Әне солар – Аллаҳ ҳидаят қылғанлар. Солай екен, (сизлер де) олардың ҳидаятына ериң. Сен: «Мен сизлерден буның ушын (пайғамбарлық хызмети ушын) ҳақы сорамайман. Ол тек әлемлер ушын еслетпе», – деп айт.
91. Олар: «Аллаҳ адамзатқа ҳеш нәрсе түсирмеди[33]», – дегенинде, Аллаҳты ылайық орынға қоймады. Сен (оларға): «Муўса адамларға ҳидаят ҳәм нур қылып алып келген, оны сизлер қағазға түсирип, (бир бөлимин) жәрия қылып, көбисин жасырған, (сол китап арқалы) сизлер де, ата-бабаларыңыз да билмеген нәрсени үйреткен Китапты (Таўратты) ким нәзил етти?!» – деп айт. (Кейин өзиң) «Аллаҳ» – деп айт. Соң оларды таслап қой, сүңгиген нәрсесинде (адасып) ойнап жүреберсин.
92. Бул мүбәрек (Қуран) – өзинен алдынғыны (илаҳий Китапларды) тастыйықлаўшы, Уммул Қуроны[34] (Мәккә қаласын) ҳәм оның әтирапындағы адамларды ескертиўиң ушын Биз нәзил еткен Китап. Ақыретке ийман келтиргенлер оған ийман келтиреди. Олар намазларын қорғайды (даўамлы оқыйды).
93. Аллаҳға жалған тоқыған ямаса оған ҳеш нәрсе ўаҳий қылынбаса да, «Маған ўаҳий қылынды», – деген, «Аллаҳ нәзил еткен нәрсеге уқсасын мен де нәзил қыламан», деген адамнан да залымырақ ким бар?[35] Залымлар өлим алдында турғанда, периштелер оларға қолын созып: «Жанларыңызды шығарың! Аллаҳға наҳақ (ылайық болмаған) сөз айтқаныңыз ҳәм Оның аятларына тәкаббырлық қылғаныңыз ушын бүгин хорлық азабы менен жазаланасыз», – дегендеги жағдайын көрсең еди.
94. (Аллаҳ қыямет күни айтады): Биринши мәрте сизлерди жаратқанымдағыдай, алдыма бирме-бир келдиңиз. Сизлерге берген нәрселеримди (мал-дүньяларды) артыңызда қалдырдыңыз. Сизлер өзлериңизше шерик деп ойлаған шәпәәтшилериңизди (ақлаўшыларды) неге сизлер менен бирге көрмей атырмыз?! Ҳақыйқатында да араларыңыз үзилди. (Ақлайды деп) ойлаған нәрселериңиз (бутларыңыз) жоқ болды.
95. Әлбетте, Аллаҳ – дәнди де, туқымды да жарыўшы (өндириўши). Ол өлиден тирини шығарады ҳәм тириден өлини шығарады[36]. Мине, усы – Аллаҳ. Солай екен, қаяққа аўып баратырсыз?!
96. (Аллаҳ –) таңды аттырыўшы. Ол түнди тынышлық, Қуяш ҳәм Айды есап белгилери қылды. Бул – Қүдиретли ҳәм Билимлиниң өлшеми.
97. Ол сизлерге қурғақлық ҳәм теңиздеги қараңғылықларда туўры жолды табыўыңыз ушын жулдызларды жаратты. Билетуғын қәўим ушын аятларды толық баян етип қойдық.
98. Ол сизлерди бир жаннан (Адам атадан) жаратты. Солай екен, (инсан ушын ана қарны) туратуғын жер ҳәм (әке пушты-камары) сақлап қойылатуғын жер (екен). Аңлайтуғын қәўимлер ушын аятларды толық баян еттик.
99. Ол аспаннан суўды (жаўынды) түсирди. Кейин, оның менен (жерден) түрли өсимликлерди (өндирип) шығардық. Оннан жасыл шөплерди (өндирип) шығардық. Оннан (масақ сыяқлы) қалың дәнлерди шығарамыз. Қурмадан, оның узын-қысқа шақаларындағы (мийўе) солқымларды, сондай-ақ, жүзим бағларын, бир-бирине уқсаған ҳәм уқсамаған зайтун ҳәм анарларды (шығардық). Олардың мийўелегендеги (қам) мийўесине ҳәм пискенине (ибрат көзи менен) қараң! Әлбетте, бундай нәрселерде (билгенлериңизде) ийман келтиретуғын қәўимлер ушын аят-белгилер бар.
100. Олар жинлерди[37] Аллаҳға шерик қылды. Ал, оларды (жинлерди Аллаҳ) жаратқан. Илимсиз ҳалларында Оған балалар ҳәм қызларды тоқыды (бар деп айтты). Ол (Аллаҳ) – олар сыпатлап атырған нәрселерден пәк ҳәм жоқары.
101. (Ол) аспанлар ҳәм Жердиң жаратыўшысы. Оның ҳаялы болмаса, қаяқтан баласы болсын?! Ол ҳәмме нәрсени жаратты ҳәм Ол – ҳәр бир нәрсени билиўши.
102. Әне сол сизлердиң Рәббиңиз – Аллаҳ. Оннан басқа илаҳ жоқ. Ол – ҳәр бир нәрсениң жаратыўшысы. Солай екен, Оған ибадат қылың! Ол – ҳәр бир нәрсениң үстинен қорғаўшы!
103. Көзлер Оны аңлай алмайды[38], Ол көзлерди аңлайды. Ол – нәзик нәрселерди де билиўши, Хабардар.
104. Ҳақыйқатында да, сизлерге Рәббиңизден дәлиллер келди. Ким (кеўил көзи менен) көрсе, өзине жақсы. Ким соқыр болса (тән алмаса), өзине зыян (жаман). Мен сизлерге қорықшы емеспен.
105. Саған «(Алдынғы илаҳий Китаплардан) сабақ алғансаң», – деп айтыўы ушын ҳәм билиўши қәўимге баян етип бериўимиз ушын (бул) аятларды Усылай етип жеткизип атырмыз.
106. Рәббиңнен саған ўаҳий қылынған нәрсеге (аятларға) ер. Оннан басқа илаҳ жоқ. (Ал,) мушриклерден жүзиңди бур!
107. Егер Аллаҳ қәлесе (олар) ширк келтирмеген болар еди. Ал, сени олардың үстинен қорықшы қылып қойғанымыз жоқ. Сен оларға сақшы да емессең.
108. Олардың Аллаҳтан өзгеге ибадат қылып атырған нәрселерин (бутларын) сөкпең. Ондай қылсаңыз, олар ҳәддинен асып, билместен Аллаҳты сөгип жибереди. Солай етип, ҳәр бир үмметке өзлериниң әмелин зийнетледик. Соң олар Рәббисине қайтып барады. Кейин, (Аллаҳ) оларға (дүньяда) қылған ислериниң хабарын береди.
109. Егер бир мөжиза көрсетилсе, ийман келтириўи ҳаққында Аллаҳтың аты менен тырысып ант қылады. Сен: «Мөжизалар тек Аллаҳтың алдында», – деп айт. Қаяқтан билесең, (мөжизалар) келгенде де, бәлким ийман келтирмес.
110. Алдын ийман келтирмегениндей, кеўиллерин ҳәм көзлерин бурып қоямыз. Ҳәддилеринен асыўында адасқан ҳалларында таслап қоямыз.
111. Егер Биз оларға периштелерди түсирсек те, өлилер (тирилип) оларға сөйлесе де, олардың алдына ҳәмме нәрселерди (олардың орнына) жыйнасақ та, тек Аллаҳ қәлегени ғана ийман келтиреди[39]. Бирақ, олардың көбиси (буны) билмейди.
112. Сондай-ақ, ҳәр бир Пайғамбарға инсанлар ҳәм жинлердиң шайтанларын душпан қылдық. Олар бир-бирин алдаў ушын шырайлы сөзлерди айтады (ўасўаса қылады). Рәббиң қәлесе, бундай қылмаған болар еди. Солай екен, оларды да, тоқыған нәрсе (өтирик)лерин де таслап қой!
113. Оннан (өтирик сөзлерден) ақыретке ийман келтирмейтуғынлардың кеўли тәсирлениўи, оннан разы болып, қылатуғын гүналарын қылыўы ушын (ўасўаса қылды).
114. (Сен оларға айт): «Аллаҳтан басқаны ҳүким шығарыўшы қылып алайын ба? Ол сизлерге Китапты (Қуранды) толық нәзил етти». Биз Китап бергенлер Оның (Қуранның) Рәббиңизден ҳақыйқаттан нәзил болғанын биледи. Солай екен, шубҳаланыўшылардан болма!
115. Рәббиңниң сөзлери туўрылық ҳәм әдалат пенен кәмалға жетти. Оның сөзлерин өзгертиўши (күш) жоқ. Ол – Еситиўши, Билиўши.
116. Егер Жер (бетин)деги көп адамларға (сөзине) бойсынсаң, сени Аллаҳтың жолынан адастырады. (Олар) тек гүманға ғана ереди ҳәм тек алдайды.
117. Әлбетте, Рәббиң – Өзиниң жолынан ким адасқанын жақсы билиўши. Ол – ҳидаят тапқанларды да жақсы билиўши.
118. Солай екен, (ҳәй мусылманлар!) егер Оның аятларына ийман келтириўши болсаңыз (сойыслықтан) Аллаҳтың аты айтылғанын (гөши ҳадал ҳайўанлардан) жең![40]
119. Сизлерге не болды, Аллаҳтың аты айтылып сойылған нәрседен («бисмиллаҳ» пенен сойылған ҳайўан гөшлеринен) жемейсиз?! Ол сизлерге мәжбүр ўақтыңыздан басқа ўақытта ҳарам қылынған нәрселерди баян етип берген еди. Әлбетте, көпшилик билместен (өзлерин) ҳәўеслери менен адастырады. Әлбетте, Рәббиң ҳәддинен асқанларды жақсы биледи.
120. Ашықтан-ашық ҳәм жасырын гүналарды тәрк етиң! Әлбетте, гүна қылыўшылар қылған жаман ислериниң жазасын алады.
121. Аллаҳтың аты айтылмаған нәрседен жемең! Әлбетте, ол – фасықлық. Себеби, шайтанлар өзлериниң досларын (мушриклерди) сизлер менен тартысыўы ушын ўасўаса қылады[41]. Егер оларға бойсынсаңыз, сизлер де мушриклерден боласыз.
122. Алдын өли (кәпир) адамды (ҳидаят пенен) тирилтип, оған адамлар арасында жүретуғын нурды (ийманды) берип қойған болсақ, ол қараңғылықлар ишинде (қалып,) оннан шыға алмай жүрген адамға уқсай ма?![42] Усылай етип, кәпирлерге қылып атырған ислери зийнетли (көринетуғын) қылынды.
123. Сондай-ақ, ҳәр бир аўылда оның үлкен жынаятшыларын ол жерде ҳийле қылатуғын қылып қойдық. Олар сезбеген ҳалда тек өзлерине ғана ҳийле қылады.
124. Егер оларға бир мөжиза келсе, олар: «Аллаҳтың Пайғамбарларына берилгендей нәрсе бизлерге де берилмегенше, сирә ийман келтирмеймиз», – дейди. Аллаҳ пайғамбарлықты қай жерге қойыўды жақсы биледи. Жынаятшыларға қылған ҳийлелери ушын Аллаҳтың алдында хорлық ҳәм қатты азап бар.
125. Аллаҳ кимди ҳидаят қылыўды қәлесе, оның кеўлин Исламға (кең) ашып қояды. Кимди адастырыўды қәлесе, оның көкирегин мисли аспанға көтерилип атырғандай, тар ҳәм қысылған қылып қояды[43]. Усылайынша Аллаҳ ийман келтирмейтуғынларға (ылайық) азапты жолықтырады.
126. Рәббиңиздиң туўры жолы – усы. Еслетпе алыўшы қәўим ушын аятларды толық баян еттик.
127. Олар ушын Рәббиси алдында тынышлық үлкеси (жәннет) бар. Олар қылған (ийгиликли) ислери ушын Ол (Аллаҳ) олардың досты.
128. Олардың ҳәммесин топлайтуғын Күни: «Ҳәй жинлер топары, инсанлардан (адастырғаныңыздың санын) көбейтип жибердиңиз?!» – (делинеди). Олардың инсанлардан болған дослары: «Я Рәббимиз, бизлер бир-биримизден пайдаландық[44] ҳәм Өзиң бизлерге белгилеген әжелге жетип келдик», – дейди. (Аллаҳ): «Орныңыз дозақ. Ол жерде мәңги қаласыз. Тек Аллаҳ қәлесе ондай болмайды[45]. Әлбетте, Рәббиң – Ҳикметли, Билимли», – дейди.
129. Усылайынша, залымларды қылған ислери себепли бир-бирине жүзбе-жүз қыламыз.
130. (Биз қыямет күни): «Ҳәй жинлер ҳәм инсанлар топары, сизлерге өзиңизден болған пайғамбарлар келип, аятларымызды сизлерге айтып бермеди ме, сизлерди усы Күнге жолығыўыңыздан ескертпеди ме?», (деймиз) Олар: «Өзлеримизге қарсы гүўалық бердик», – дейди. Оларды (усы) дүнья өмири алдады. (Нәтийжеде) өзлерине қарсы кәпир болғанын (айтып) гүўалық берди.
131. Буның себеби, Рәббиң халқы ғапыл қалған (ескертилмеген) аўылды зулым менен қыйратыўшы емеслиги.
132. Ҳәр кимге қылғанына жараса дәреже бар[46]. Рәббиң олардың ислеп атырған ислеринен ғәплетте емес.
133. Рәббиңиз – Бай ҳәм мийирманшылық ийеси. Егер қәлесе, сизлерди кетирип (жоқ қылып), сизлерди басқа қәўимниң зүрядынан пайда қылғанындай, сизлерден кейин (орныңызға) Өзи қәлегенин (әўладты) әкеледи[47].
134. Әлбетте, сизлерге ўәде етилген нәрсе (ақыреттеги нәрселер) – келиўши. Сизлер (өлип кетиў менен Бизди) илажсыз қалдырыўшы емессиз.
135. Сен (ҳәй Муҳаммад!): «Ҳәй қәўимим! Мәканыңызда (өз исенимиңизде) турып әмел қыла бериң. Мен де – әмел қылыўшыман. Үлке (ақырет) кимдики болыўын тез арада билесиз. Әлбетте, залымлар (дозақтан) қутыла алмайды», – деп айт.
136. (Мушриклер) Аллаҳға Ол жаратқан егин ҳәм шарўадан несийбе ажыратып (өз исенимлери бойынша): «Бул – Аллаҳға, бул – шериклеримизге (бутларымызға)», – деди[48]. Кейин, бутлары ушын болған нәрсе Аллаҳға жетпейди. Аллаҳға болған нәрсе шериклерине (бутларына) «жетип» барады. Шығарған ҳүкими буншелли жаман!
137. Солай етип, мушриклерден көбисине өз шериклери (бутлары) оларды қыйратыўы ҳәм дининен адасыўы ушын балаларын өлтириў (киби унамсыз ислер)ди зийнетлеп (мақул) көрсетти. Егер Аллаҳ қәлегенде, бундай қылмаған болар еди. Енди оларды да, тоқып атырған нәрсе (өтирик)лерин де (өз ҳалына) таслап қой!
138. Олар өзлеринше (ақыйдалары бойынша): «Мына шарўа ҳәм егинлер – ҳарам. Оларды тек бизлер қәлеген адамлар ғана жейди, мына ҳайўанларды миниў ҳарам қылынған», – деди. Олар (сойғанда) айырымларына Аллаҳтың атын айтпайды. Бул Оған дөҳмет. (Аллаҳ) оларды тоқыған нәрселери ушын тез арада жазалайды.
139. Олар: «Мына шарўалардың қарнындағы тек арамыздағы еркеклер ушын, арамыздағы ҳаялларға болса ҳарам», – дейди. Егер ол (қарнындағы нәрсе) өлген болса, олар (еркеклер де, ҳаяллар да) онда (өлимтикти жеўде) шерик. Тез арада қылған сыпатлаўы ушын (Аллаҳ оларды) жазалайды. Әлбетте, Ол – Ҳикметли, Билиўши.
140. Ақылсызлық пенен надан болған ҳалында перзентлерин өлтиргенлер[49] Аллаҳға дөҳмет қылып, Аллаҳ ырысқы етип берген нәрселерди (ҳайўанларды) ҳарамға шығарғанлар өзлерине зыян қылды. Ҳақыйқатында да олар адасты ҳәм ҳидаятта жүриўшилерден болмады.
141. Ол (Аллаҳ) көтерилетуғын ҳәм көтерилмейтуғын (жүзим) бағларды, желиниўи (дәми) ҳәр түрли (болған) қурма ҳәм егинлерди, (дәми ҳәм көриниси) бир-бирине уқсамайтуғын зайтун ҳәм анарларды пайда етти. Мийўелеген ўақытта оның мийўесинен жең! Зүрәәт жыйнаў күни (мүтәжлерге) оның ҳақысын (үсирин ҳәм хиражын) бериң[50] ҳәм ысырап қылмаң! Әлбетте, Ол ысырап қылыўшыларды жақсы көрмейди.
142. Ҳайўанлардан жүк көтеретуғынларын ҳәм (сойыў ушын) жатқызылатуғынларын (пайда етти). Аллаҳ сизлерге ырысқы етип берген нәрселерден жең ҳәм шайтанның изинен ермең. Әлбетте, ол сизлерге анық душпан.
143. (Аллаҳ) сегиз жуп – қойдан екеўин (жынысты), ешкиден екеўин (жынысты жаратты). «(Наданлар) еки еркегин ҳарам қылды ма ямаса еки урғашысын ба яки еки урғашының жатырындағыны (ҳәмилени) ма? Егер рас сөйлеўши болсаңыз илим (ҳүжжет) менен маған хабар бериң!» – деп айт[51].
144. Түйеден екеўин (жынысты), қарамалдан екеўин (жынысты жаратты). «(Наданлар) еки еркегин ҳарам қылды ма ямаса еки урғашысын ба яки еки урғашының жатырындағыны (ҳәмилени) ма? Яки Аллаҳ усыны (ҳүкимди) буйырғанында гүўа болып турған ба едиңиз? Илимсиз ҳалында адамларды адастырыў ушын Аллаҳға өтирикти тоқығанлардан да залымырақ ким бар?!» Әлбетте, Аллаҳ залым қәўимди ҳидаят қылмайды.
145. Сен: «Маған ўаҳий қылынған нәрседе (Қуранда) аўқатланыўшы ушын өлимтик, төгилген қан[52], ҳарам болған шошқа гөши ҳәм (сойғанда) Аллаҳтан өзгениң аты аталып сойылғаннан басқа ҳарам нәрсени таппадым. Ким мәжбүр болып, зулым қылмаған ҳәм ҳәддинен аспаған ҳалда (оларды жесе), әлбетте, Рәббиңиз – Кеширимли, Рейимли», – деп айт.
146. Яҳудийлерге ҳәмме туяқлы (ҳайўан)ларды ҳарам қылдық. Мал ҳәм қойдан майларын ҳарам қылдық, тек арқасына ямаса ишеклерине яки сүйекке араласқан (майлар)ын (ҳарам қылмадық). Бул – олар ҳәддилеринен асқаны ушын берген жазамыз. Әлбетте, Биз – рас сөйлеўшимиз.
147. Егер сени жалғаншыға шығарған болса, сен: «Рәббиңиз – кең мийирманлық ийеси, (бирақ) Оның жазасы жынаятшылар қәўиминен қайтарылмайды», – деп айт.
148. Тез арада ширк келтиргенлер: «Егер Аллаҳ қәлегенинде, бизлер де, ата-бабаларымыз да ширк келтирмеген болар едик ҳәм ҳеш бир (ҳадал) нәрсени ҳарам қылмаған болар едик», – дейди[53]. Олардан алдынғылар да азабымызды татып көрмегенше (пайғамбарларымызды) тап усындай етип жалғаншыға шығарған. Сен: «Сизлерде бизлерге шығаратуғын (көрсететуғын) илим (ҳүжжет) бар ма? Сизлер тек гүманға ерип атырсыз ҳәм сизлер тек өтирик сөйлеп атырсыз», – деп айт.
149. Сен: «Кәмил ҳүжжет тек Аллаҳтики. Егер қәлесе ҳәммеңизди ҳидаятқа баслайды», – деп айт.
150. Сен: «Аллаҳ буларды ҳарам қылғанына гүўалық беретуғын гүўаларыңызды әкелиң!» – деп айт. Егер гүўалық берсе, сен олар менен гүўалық берме. Бизиң аятларымызды жалғанға шығарыўшылардың ҳәм ақыретке ийман келтирмейтуғынлардың ҳаўайы нәпсилерине ерме! Олар Рәббисине (өзлерин) теңлестирип атыр.
151. Сен: «Келиң, Рәббиңиз сизлерге ҳарам қылған нәрсени айтып беремен: «Оған ҳеш нәрсени шерик қылмаң! Ата-аналарыңызға жақсылық қылың! Жарлылықтан (қорқып,) балаларыңызды өлтирмең – Биз сизлерди де, оларды да ырысқыландырамыз. Бузық ислердиң ашықтан-ашығына да, жасырынына да жақынласпаң, Аллаҳ (өлтириўди) ҳарам қылған жанды наҳақ өлтирмең!», деп айт. Усыларды сизлерге буйырдық, қәне еди, ақылыңызды ислетсеңиз.
152. Жетимниң мал-дүньясына (олар) ер жеткенше[54] жақынласпаң. Тек жақсы жол менен ғана (жақынласыўыңызға) болады. Өлшем ҳәм тәрезини әдалат пенен туўры тартың! Биз ҳеш бир жанды тақатынан артық нәрсеге буйырмаймыз. Сөйлегениңизде (гүўалықта) ағайин-туўысқаныңызға болса да әдалатлы болың! Аллаҳға берген келисимиңизге опа қылың! Усыларды (Аллаҳ) сизлерге буйырды, қәнекей, еслетпе алсаңыз.
153. Әлбетте, усы – Мениң туўры жолым. Солай екен, оған ериң! Басқа (түрли) жолларға ермең! (Оларға ерсеңиз) онда, сизлерди Оның жолынан айырады. Тақўалы болыўларыңыз ушын (Аллаҳтың) буйрығы – усы(лар).
154. Соң шырайлы (саўаплы) әмел қылған(лар)ға (неъматларымызды) кәмил қылып бериў ҳәм бәрше нәрсени толық қылыў ушын ҳәм де ҳидаят ҳәм мийирманлық болыўы ушын Муўсаға Китапты (Таўратты) бердик. Қәнекей, олар Рәббисине жолығыўына ийман келтирсе.
155. Бул – Биз нәзил еткен мүбәрек Китап (Қуран). Солай екен, оған ериң ҳәм тақўалы болың! Қәнекей, рейим қылынсаңыз.
156. «Бизлерден алдынғы еки топарға Китап нәзил етилген еди, бизлер олардың не үйренгенинен бийхабармыз», деп айтатуғын болғаныңыз ушын[55]
157. ямаса «Егер бизлерге де Китап нәзил етилгенде, бизлер олардан көре ҳидаятлырақ болар едик», деп айтатуғын болғаныңыз ушын[56], енди ҳақыйқатында да сизлерге Рәббиңизден ҳүжжет, ҳидаят ҳәм мийирманлық келди. Солай екен, Аллаҳтың аятларын жалғанға шығарған ҳәм олардан жүзин бурғаннан да көре залымырақ ким бар? Тез арада аятларымыздан жүз бурғанларды, жүз бурғанлары ушын жаман азап пенен жазалаймыз.
158. Олар тек ғана периштелердиң келиўин яки Рәббиңниң (азабы) келиўин ямаса Рәббиңниң белгилери (қыямет аламатлары) келиўин күтип атыр[57]. Рәббиңниң айырым аятлары келген күни алдын ийман келтирмеген ямаса ийманында жақсылықты арттырмаған жанға (бул) ийманы пайда бермейди. Сен: «Күте бериң, бизлер де – күтиўшимиз», – деп айт.
159. Динлерин бөлип таслап, өзлерин топар-топар қылғанлар (ушын олардың гүналарынан) ҳеш нәрсеге де сен жуўапкер емессең. Әлбетте, олардың иси Аллаҳға. Соң (Аллаҳ) оларға ислеп жүрген ислериниң хабарын береди.
160. Ким бир жақсылық қылса, оның ушын (ислеген жақсылығының) он есеси (көбейтип) бериледи. Ким бир жаманлық қылса, оның ушын (ислеген жаманлығының) өзи ғана болады. Оларға зулым қылынбайды.
161. Сен: «Әлбетте, Рәббим мени туўры жолға, ҳақ динге, Ибраҳимның ҳақгөй динине баслады. Ол мушрик емес еди», – деп айт!
162. Сен (оларға) айт: «Әлбетте, мениң намазым, ибадатларым, өмир ҳәм өлимим тек әлемлердиң Рәббиси болған Аллаҳ ушын.
163. Оның (ҳеш қандай) шериги жоқ. Мен усыған буйырылғанман. Мен – (Аллаҳтың буйрықларына) ең биринши бойсыныўшыман»[58].
164. Сен: «(Аллаҳ) ҳәмме нәрсениң Рәббиси болса да, Аллаҳтан басқа қудайды излейин бе?!» – деп айт. Ҳәр бир жан (инсан) тек өзи ушын қылады. Ҳеш бир жан басқаның жүгин көтермейди. Соң қайтатуғын орныңыз Рәббиңиздиң алдында. Солай екен, Ол сизлерге келисе алмай жүрген нәрселериңиздиң хабарын береди».
165. Ол сизлерди жерде орынбасар қылған ҳәм Өзи берген нәрселерде сизлерди сынаў ушын айырымларыңызды айырымларыңыздың дәрежелеринен үстин қылды. Әлбетте, Рәббиңиздиң жазасы – тез келиўши. Ол – Кеширимли, Рейимли.
[1] 1-аят. Яғный, айтылса да-айтылмаса да ҳамд Аллаҳға тән. Себеби, Ол соған ылайық. (Мд.).
[2] 3-аят. Оның илаҳлығы пүткил әлемге тийисли.
[3] 5-аят. Нени мазақ ҳәм масқара қылып жүргенин бул дүнья ҳәм ақыретте, ислам дини раўажланғанда биледи.
[4] 6-аят. Аяттағы арабша «қарн» сөзи шәртли түрде «әсир» деп алынды. Әсир сөзи бул жерде әўлад мәнисинде. Яғный, олардан алдын қанша инсанияттың әўладын қыйратқанымызды көрмеди ме? – дегени болады. Араб тилинде «қарн» 70 яки 80 жыллық мүддет. «Әсир» 100 жыллық мүддет. Бирақ, екеўи де бир-бириниң орнына қолланыла береди. (Қз. Хз.).
[5] 9-аят. Яғный, түсирилген периштени еркек көринисинде қылғанымыздан кейин де олар: «бул – периште емес», – деп және қайсарлық қылған болар еди. Жәбрайыл алайҳиссалам көбинесе инсан көринисинде, саҳаба Деҳятул Калбий разыяллаҳу анҳудың келбетинде Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламға көринер еди.
Ибраҳим, Даўыт, Лут алайҳиссаламлардың алдына келген периштелер де адам көринисинде болған. Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа саллам Жәбрайыл алайҳиссаламды бир мәрте өзиниң көринисинде көргенде есинен танып қалғаны рәўият қылынады.
[6] 12-аят. Ҳәдисте айтылыўынша, Аллаҳ таала әлемди жаратпай турып: «Мийримим ғәзебимнен артық» – деп жазып, бул жазыўды Арштың үстине қойған.
Басқа бир ҳәдисте: «Аллаҳ таала Өзиниң мийримин 100 ге бөлип, бир бөлегин жаратылған ҳәмме мақлуқатларға түсирген. Сол бир бөлеги менен жыртқыш ҳайўанлар балаларына мийирманлық қылады. Қалған 99 бөлегин қыямет күни бенделерине мийирманлық қылыў ушын алып қойған».
[7] 19-аят. Усы аяттың мазмуны бойынша Аллаҳты «нәрсе» деп атаў мүмкин. Себеби, өзи бар болғанды «нәрсе» делинеди. Жоқты «нәрсе» делинбейди. Бирақ, Аллаҳты нәрсе дегенде басқа ҳеш бир нәрсеге уқсатпаў шәрт қылынады.
[8] 25-аят. Бул аяттың нәзил болыў себеби Әбиў Суфян, Әбиў Жаҳл, Ўалид ибн Муғыйра, Назр ибн Ҳарс ҳәм басқа мушриклер биргеликте Қуранды бираз тыңлап, Назрдан: «Муҳаммад не деп атыр?» – деп сорағанда ол: «Маған уқсап әййем заманнан қалған өтириклерди айтып бермекте», – деген (Мд. Хз.).
[9] 28-аят. Адамлардан жасырып жүрген нәрселери – жаўыз ислери, еки жүзлиликлери, билип турып Муҳаммадқа (а.с.) ийман келтирмегени (Мд.).
[10] 31-аят. Қыямет күни кәпир өзиниң қәбиринен қашқанда, оны бир жаман, сасық мақлуқ қарсылап: «Мен – дүньяда қылған жаман исиңмен. Дүньяда мени сен басқарған едиң. Енди сени мен басқараман», – дейди екен. Аяттағы «гүналарын арқалаған» дегенде қылған гүналары мақлуқ сыпатында өз ийелерине көликтиң үстине мингендей минип алып, қәлеген тәрепке жүриўи де түсиниледи.
[11] 35-аят. Олардың ийманнан жүз бурыўы Пайғамбарға (а.с.) аўыр батқанда, не қыларын билмей қалар еди. Аяттағы сөз дизбеги қарақалпақшадағы «жер қатты, аспан узақ» дегенге уқсап кетеди. Екинши мәниси – мөжиза сыпатында жерди тесиў яки аспанға көтерилиў менен оларды лал қалдырып, ҳақыйқый пайғамбар екенлигин дәлиллеўди әрман еткен.
[12] 36-аят. Өлилер – кәпирлер. Яғный, олар бул дүньяда еситпейди. Оларды Аллаҳ таала тирилткен күни (ақыретте) еситиўге ҳәм ықрар болыўға мәжбүр болады.
[13] 38-аят. Бул жердеги уқсатыў, әлбетте, ҳәмме жағынан емес, ал жаратылыс, өмир, өлим, Аллаҳға итияжлы болыў, Оны танып, ҳамду сәне ҳәм тасбиҳ айтыў, бир-бири менен жақын байланыста болыў ҳәм көп сыпатларда олар менен инсанлар арасында уқсаслық бар. Қуслар қатарына суўдағы жаныўарлар да киреди. Себеби, олар да мисли қуслар ҳаўада жүзгендей суўда жүзип жүреди (Хз.).
[14] 42-аят. Яғный, оларды қәҳәтшилик, ашлық, кеселлик, өлим, жарлылық киби мүсийбетлер менен сынағанбыз.
[15] 44-аят. Аллаҳтың бул усылда инам етиўи «истидрож» делинеди. Яғный, әсий бендеге өз неъматларын есап-сансыз берип барады. Гүналары көбейгеннен соң, жазасы бериледи.
[16] 52-аят. Олар дегенде бул жерде Билал, Суҳайб, Аммар, Хаббаб киби аўҳалы төмен, әззи мусылманлар нәзерде тутылады. Мәккә ақсүйеклери Муҳаммадқа (а.с.) оларды алдыңнан қуўып жиберсең, сениң менен сәўбетлесемиз, қасыңда пәс мәртебели қуллар отырғанда биз сениң менен сөйлесиўге арланамыз, – деген.
Расулуллаҳ (а.с.) олардың усынысына қарсы болғанда олар, ондай болса, бир күнди олар менен, бир күнди бизлер менен өткиз ҳәм усыған көнсең, буны ортамыздағы келисилген питим сыпатында жазып қой, – дейди. Дәрҳал Әлий ибн Әбиў Талибти (рз.) шақырып жаздыра баслағанда усы аят нәзил қылынады. Бул қарары Аллаҳ таалаға мақул болмағанын билгеннен кейин, питим жазылған бетти алып жыртып таслайды ҳәм бир шетте муңайған ҳалда турған сол әззи мусылманларды қушақлап баўырына басып, және ҳәр күни бирге болатуғынын айтып, кеўиллерин шад етеди (Мд. Хз.).
[17] 57-аят. Олар қыстап сорап атырған нәрсе: «Егер ҳақ пайғамбар болсаң, Рәббиңнен сора – үстимизге аспаннан тас жаўдырсын!» – деген талаплары болды.
[18] 58-аят. Яғный, Мен сизлерге жаза тәризинде әлле қашан аспаннан тас жаўдырып, сизлерди набыт еткен болар едим. Бирақ, бул ис Аллаҳтың ықтыярында. Ол Өзиниң илаҳий ҳикмет талабы менен бенделерине ылайық жазаны бериўге асықпайды.
[19] 59-аят. Ғайып илимлерин Аллаҳ тааланың өзи ғана биледи. Пайғамбарларының да тек айырымларына бул илимнен инам еткен.
Аятта Аллаҳ тааланың әзелий «илим» сыпаты менен ашық ҳәм пинҳамы нәрселерден турақлы рәўиште хабардар екени билдирилмекте. Усы илими бойынша қыяметке шекем болатуғын ислерди «Лаўҳул-маҳфуз»ға алдыннан жазып қойған (Ақ.).
Инсанлар тәғдирин Аллаҳ таала буйрық тәризинде емес, ал сыпатлаў ҳәм тәрийплеў түринде жазған. Мәселен, пәлен кимсе өз ықтыяры менен шайтан ўасўасасына бериледи, деп жазылған. «Берилсин!» деп жазылмаған. Кери жағдайда бенде жуўапкер болмас еди.
[20] 60-аят. Уйқылатыўды Аллаҳ таала «өлтириў» деп атамақта. Уйқылағанда руўх денеден шығып кетеди-миш, деген гәпти көпшилик биледи. Ондай болса уйқылаған адам да нәпес алады ғой! – деген сораў туўылады. Буған кәлам илиминиң алымлары былай жуўап берген: «Инсандағы бес сезиў ағзаларының ҳәр биринде өз алдына руўх болып, бул руўхлар уйқы пайытында алып қойылады ҳәм оянғанда қайтарылады. Бирақ, улыўма денедеги руўх тек белгиленген әжел келгенде ғана алынады» (Мд.).
[21] 61-аят. Сақлаўшы периштелер – «кироман кәтибийн» деп аталатуғын ҳәр бир инсанның еки ийнинде турып, оның қылған гүна ҳәм саўап ислерин турақлы жазып баратуғын еки периште.
[22] * Ал, елши периштелер, жан алыўшы периштелер есапланады. Олардың ҳәр бири «малакул-маўт» делинеди. Жан алыўшы периштелер ҳаққында және «Назиат» сүресинен оқың.
[23] 68-аят. Бул көрсетпе тек Пайғамбарымызға (а.с.) емес, ал барлық мусылманларға да тийисли деген тәфсир де бар.
[24] 71-аят. Әбиў Бәкир Сыддықтың (рз.) улы Абдураҳман мушрик болып, ата-анасын да бутпаразлыққа үгитлейтуғын еди. Бул аят пенен Аллаҳ таала Әбиў Бәкирге (рз.) Муҳаммад (а.с.) арқалы улына қандай жуўап айтыўды үйретпекте (Абс).
Бул аятта келтирилген мысалдағы «жин тийип кеткен адам» дегенде ширкте қалып, адасқан Абдураҳманға уқсаған мушриклер, ал ҳидаятқа шақырып: «Биз тәрепке кел!» – деп атырған адам дегенде мусылманлар түсиниледи. Шайтанның гәпине кирсе, ширкте қалыўы керек. Ислам шақырығына қулақ асса, ҳидаят табатуғыны анық. Усы адамның еки ортада ҳайран қалыўы сүўретленген.
[25] 73-аят. Аяттың арабшасында «Бол! деген күни» жазылған. Бул жерде «күн» пайыт мәнисин билдиреди.
[26] *«Суўр» – ҳайўанның шаҳы көринисиндеги үплеп шертилетуғын әсбап. Исрапылға (а.с.) қыямет күни оны еки рет шалыў буйырылады. Бириншисинде Жер бетиндеги барлық тири жан өледи. Ал, екиншисинде Адамнан (а.с.) қыямет күнине шекем өткенлердиң ҳәммеси тириледи.
«Суўр шалынатуғын күни ҳүкимдарлық тек Оныки» дегенде Аллаҳтың ҳүкимдар емеслиги шықпайды. Бирақ, Оннан басқа да Жер бетинде ҳүкимдарлар көп болады. Бирақ, қыямет күни Аллаҳтан басқа ҳүкимдарлыққа даўагерлик қылатуғын ҳеш ким болмайды (Хз.).
[27] 74-аят. Ибраҳимниң (а.с.) әкеси Азардың екинши аты Торих. Айырым тарийхшылар екеўинен бири оның лақабы, дейди. Ол Куфаның Куса деген аўылынан болып, бут жасаў менен шуғылланған. Халилуллаҳ өз әкесин бутпаразлықтан қайтарыўға көп ҳәрекет еткен. Бирақ, ол қайтпаған.
[28] 75-аят. Ибраҳимге (а.с.) Жер менен аспанлардағы әжайыбатлар көрсетилген пайытта Жер бетинде бир адамды бузықлық үстинде көрип, оны ғарғағанда, ол өлип қалады. Және еки адам усындай ғарғыс себепли өледи. Сонда Аллаҳ: «Ҳәй Ибраҳим, сениң ғарғысың мустажаб. Бенделеримди ғарғама! Олар үш қыйлы: Бири тәўбе қылады, қабыл етемен. Басқасынан маған ибадат қылыўшы нәсил шығараман. Үшиншисин ақыретте қәлесем кеширемен, қәлесем азаплайман», – деген екен (Хз.).
[29] 78-аят. Ибраҳим (а.с.) уллы пайғамбарлардан бола турып не ушын Қуяш, Ай, жулдызларды рәббим деди, деген сораў туўылатуғыны тәбийий. Жуўабына муфассирлердиң айтыўынша, Халилуллаҳ бул сөзлерди шын кеўлинен исеним менен айтқан жоқ, ал оларға сыйынатуғын мушриклерди масқаралап, «усы да пәрўардигар болды ма, батып кеткенин қараң», демекши болған (Мд.).
[30] 84-аят. Исҳақ (а.с.) Ибраҳимниң (а.с.) Сара исимли ҳаялынан туўылған улы. Ал, Яқуб (а.с.) Исҳақтың (а.с.) улы.
[31] 86-аят. Жоқарыда 18 пайғамбардың исимлери келтирилди. Бирақ, жасаған дәўирлерине тән тәртип пенен емес, ал оларға инам етилген пазыйлет ҳәм неъматларға қарап келтирилди. Мәселен, Нуҳ, Ибраҳим, Исҳақ, Яқуб (а.с.)лар қалған пайғамбарлардың бабалары есапланады. Соң патшалық, қүдирет ҳәм салтанат итибары менен Даўыт, Сулайман (а.с.)лар зикир етилди. Сабыр-тақат бойынша Айюб, Юсуф (а.с.)лар. Соң көп мөжизалардың ийелери Муўса ҳәм Ҳарун (а.с.)лар. Соң заҳидлик итибары менен Зәкария, Яҳя, Ийса, Ильяс (а.с.)лар олардан соң избасар ҳәм бойсыныўшылары да, өз алдына шәриятлары да болмаған Исмайыл, ал-Ясаъ, Юнус, Лут (а.с.)лар киби пайғамбарлар зикир етилди (Хз.).
[32] 89-аят. Яғный, атлары зикир етилген пайғамбарларды. Екинши тәфсири – бәрше мөмин-мусылманларды. Үшинши тәфсири – араб болмаған халықларды. Төртинши тәфсири – периштелерди оларға орынбасар қыламыз. Соң олар ийман келтирип, ийгиликли әмеллерди қылады (Мд.).
[33] 91-аят. Бул аяттың нәзил болыў себеплеринен бири, тәфсирлерде айтылыўынша, Муҳаммадтың (а.с.) алдына яҳудий дининиң Мәлик ибн ас-Сайф деген бир басшысы келип, ахмақларша тартыс баслайды. Расул (а.с.) оннан: «Таўратта Аллаҳ таала семиз руўханыйды жақтырмайды, делинген бе?» – деп сорайды. Ол: «(Аўа, сондай) делинген», – деп жуўап береди. Расул (а.с.): «Сен де семиз руўханый екенсең» – дегенде, ол ашыўланып: «Аллаҳ ҳеш кимге соның ишинде, Муўсаға да илаҳий китап (Таўрат) түсирмеген», – деп ҳәтте өз динине де шек келтирген. Китап ийелери оны айыплап, руўханыйлықтан шетлетеди ҳәм оның орнына Каъб ибн Ашрафты сайлайды (Мд.Хз.).
[34] 92-аят. Уммул Қуро – сөзбе-сөз аўдармасы «Қалалар анасы», дегени болып, оннан Мәккә қаласы түсиниледи.
[35] 93-аят. Аятта қаралып атырған шахс пайғамбарлыққа даўагерлик қылған Мусайлиматул-каззаб яки Аллаҳтан ўаҳий нәзил болды, деп даўагерлик қылған Абдуллаҳ ибн Саъд екени ҳаққында тартыс бар.
[36] 95-аят. Бул аяттағы «өли» ҳәм «тири» сөзлерин көп мәниде түсиндириў мүмкин. Мәселен, қурғақ дән яки туқымнан өсимлик, егин ҳәм тереклердиң өниўи. Сондай-ақ, бир тамшы «суў»дан инсан яки ҳайўанның дүньяға келиўи ҳәм оннан және жансыз «суў»дың пайда болыўы яки мәйектен қустың, қустан мәйектиң пайда болыўы, ямаса кәпирден мусылман, мусылманнан кәпирдиң туўылыўы деп билиў мүмкин (Мд. Абс).
[37] 100-аят. Аяттағы «жинлер» – периштелер. Себеби, периштелерди Аллаҳтың қызлары деген исеним менен мушриклер оларға сыйынған. Периштелер де көзге көринбейтуғын жанзат болғанлықтан оларды да жинлер деп атаў мүмкин. Фахриддин Разий жазады: «Периштелерге сыйыныў зиндиқ ҳәм мажусийлердиң исеними. Себеби, Зардушт аспаннан түскен деп билген китапты «Зинд», оған исениўшини «зиндий» деп атаған. Оны араб тилине «зиндиқ» көринисинде көширген» (Хз.).
[38] 103-аят. Мўътазилийлер бул аятты дәлил қылып, инсанлар Аллаҳты ҳеш қашан көрмейди, дейди. «Әҳли сунна» исеними бойынша, бул аят Аллаҳты көрип болмайтуғынлығына дәлил бола алмайды. Себеби, бул жерде Аллаҳты көриў емес, барлық жағынан оны пикирлеў ҳәм қоршап алыў мүмкин емес, делинбекте. Ҳақыйқатында да көриў – бул, көрилиўши ҳаққында ҳәр тәреплеме мағлыўмат пайда етиў дегени емес. Аллаҳтың жамалын көриў мүмкинлигине тийисли аят ҳәм ҳәдислер көп. Тек Аллаҳты көриў бул дүньяда емес, ақыретте жәннет әҳлине несип еткей (Ақ).
Аллаҳты ақыретте көриў мүмкинлиги ҳаққында және «Юнус» сүресиниң 26-аяты, «Қыямат» сүресиниң 22, 23-аятларына қаралсын.
Ҳәдисте: «Жақында Рәббиңизди он төрт күнлик Айды көргендей, көресиз. Сонда сизлерде улыўма шубҳа қалмағай», делинген.
[39] 111-аят. Бул аят бойынша «Әҳли сунна» уламалары ийман келтириў де, күпирди ықтыяр етиў де Аллаҳтың қәлеўине байланыслы, деген. Ал, муътазила ҳәм қадария ағымлары Аллаҳ олардың ийман келтириўин ерк қылған, лекин олар қарсылық еткен, деген исенимде (Хз.).
[40] 118-аят. Ато ибн Әбиў Рабаҳ (рҳ.) киби айырым уламалар аяттың сыртқы мазмунына қарап «Бисмиллаҳ»сыз желинген тағам да, ишилген ишимлик те ҳарам, деп есаплаған. Ибн Сирийн, Шаъбий, Имам Мәликлер (рҳ.) баянлаған рәўиятта қастан болса да, умытып болса да «Бисмиллаҳ»ты айтпаса, сойылған ҳайўан гөши ҳарам, делинген. Ал, Әбиў Ҳанийфа ҳәм Суфян Саўрийлер (рҳ.) қастан айтпаса – ҳарам, умытып айтпаған болса, ҳадал, деген (Хз.).
Кәпирлер өлимтиктиң гөши мусылманлар сойған ҳайўан гөшинен ҳадалырақ, себеби, өлимтикти Аллаҳ өлтирген, ал ҳайўанды адам, деп жаңылысқан (Лс.).
[41] 121-аят. Икриманың (рз.) айтыўынша, өлимтиктиң ҳарам екенлиги ҳаққындағы аят нәзил болғанда парсы мажусийлери Қурайш мушриклерине хат жазып, онда: «Муҳаммадтың алдына барып, сен өлтирген ҳайўан гөши ҳадал болады, ал Аллаҳ өлтирген ҳайўанның гөши ҳарам ба, деп тартысың», – деп тапсырады. Соннан кейин Аллаҳ таала усы аятты нәзил етип, ол арқалы оларды шайтанларға, ал усынысларын шайтанның ўасўасасына уқсатып мусылманларды хабарландырады (Хз.).
[42] 122-аят. Ибн Аббастың (рз.) тәфсири бойынша, аяттағы ҳидаят пенен «тирилген» адам Пайғамбарымыздың (а.с.) әмекиси Әмир Ҳамза болып, ол мушрик еди. Бир күни Әбиў Жаҳлдиң Расул (а.с.) намаз оқып турғанда үстине ҳайўанның ишек-қарнын таслағаны ҳаққындағы хабар оған жетеди. Ағайиншилиги тутып, ашыўланған ҳалда Әбиў Жаҳлди барып аң аўлайтуғын оқ жайы менен ура кетеди. Әбиў Жаҳл оған жалынып, Муҳаммад қудайларымызды сөгип атыр, – дейди. Ҳамза, Аллаҳ қалып, тасқа сыйынған адамнан да еси пәс кимсе бола ма, деп ийман кәлиймасын айтып мусылман болады. Бул аят Умар ибн Хаттоб яки Аммар ибн Ясирлер (рз.) ҳаққында нәзил болған, деген тәфсирлер де бар (Хз.).
[43] 125-аят. Бул аяты кәриймадағы «көкирегин мисли аспанға көтерилип баратырғандай тар ҳәм қысылған қылып қояды» – деген ибара Қураны кәриймниң ең жоқары илаҳий мөжиза екенине дәлил болады. Себеби, көкке көтерилген сайын ҳаўаның сийреклесиў теориясы физика ҳәм астрономия пәнинде инсаният тәрепинен ол дәўирде ашылмаған еди (Мд.).
[44] 128-аят. Инсанлар менен жинлер бул дүньяда түрли усылда бир-биринен пайдаланады. Мәселен, жәҳилият дәўиринде шетки жерлерге барып қалған адам жинлерден қорқып, олардың баслығынан пана тилеп, илтижа қылатуғын еди. Буннан жинлер қуўанып, мақтанатуғын еди. Және, жинлерден палкерликте пайдаланған. Ал, жинлер инсанларды алдағанына шад болатуғын еди. Және, аяттан инсанлар өз ара бир-биринен пайдаланатуғын еди, деп тәфсир етиўге де болады (Хз.).
[45] * Мәңги азаптан тоқтатылған ўақытлар қайсы ўақытлар екени ҳаққында түрли анық емес тәфсирлер бар.
[46] 132-аят. Аяттағы дәреже берилетуғынлар – инсанлар екени ҳаққында көпшилик муфассирлер бирдей пикирде. Бирақ, Әбиў Юсуф пенен Муҳаммадлар (рҳ.) жоқарыдағы 130-аятта айтылғанлар жин менен инсанларға қаратылғанлықтан, бул аят жинлердиң де саўаплы ислери ҳәм ибадаты ушын саўап ҳәм дәрежелер берилетуғынына дәлил, дейди (Мд.).
[47] 133-аят. «Басқа қәўим зүряды» дегенде Нуҳтың (а.с.) кемесинде тири қалған адамлар нәзерде тутылмақта. Кейинги әўлад солардан тарқалып, оннан алдынғы күпир әҳли топан суў менен биротала жоқ қылынған еди. Бул, әлбетте, үммет ушын қатты ескертиў есапланады. Аяттың басқа тәфсирлери де бар. Соның ишинде, пүткиллей тири инсанлар ҳәм жинлерди пүткиллей жоқ қылып, жаңадан жаратыўға да қәдир екени ҳаққында баян етилип атырған болыўы мүмкин (Мд. Хз.).
[48] 136-аят. Мушриклер Аллаҳ ушын да, бутлар ушын да садақа ажыратып, Аллаҳ ушын ажыратқанларынан мийман ҳәм мүтәжлерге сарплап, Аллаҳ садақаларымызға мүтәж емес, – дейтуғын еди. Бутларға атағанларын ҳеш кимге сарпламайтуғын еди. Набада қандай да бир себеп пенен кемейип қалса, орнын дәрҳал толтырып, қудайларымыз буған мүтәж, – дейди екен (Хз.).
Қатодадан (рҳ.) «Мушриклер ашаршылық жылы Аллаҳға атаған садақаларын жеп қойған», – деген рәўият бар (Бғ.).
[49] 140-аят. Икрима (рз.) айтады: Рабиа ҳәм Музар қәўимлеринде туўылған қыз балаларды көмип жибериў әдети бар еди. Кимге қыз бала керек болса, басқалардан бир қызын тири қалдырыўды сорайтуғын еди. Ери ҳаялына мен қайтып келгенимше қызыңды көмбесең, сен маған анамның қарнындай ҳарамсаң, – деп ант ишетуғын еди. Ерсиз қалыўдан қорқып, ол өз баласын тирилей шуқырға көмген.
Қатода (рҳ.) айтады: жәҳилият дәўиринде ул балаларды да жарлылықтан яки тутқынға түсип зая болыўынан қорқып, өлтирип жиберетуғын еди.
Усындай жаўыз әдетлер наданлықлары (жәҳилликлери) себепли болғаны ушын сол дәўирге «жәҳилият дәўири» деп ат қойылған (Хз.).
Расулға (а.с.) бир адам келип, жәҳилият дәўиринде намысланып, бой жеткен қызын қудыққа таслап өлтиргенин айтып бергенде, ол (а.с.) ҳәм қасындағы саҳабалар жылап жиберген екен ҳәм әкеге қарап: «Егер жәҳилият дәўириндеги жынаят ушын жазалаўға буйырылған болғанда, сени жазалаған болар едим», – деген екен (Лс.).
[50] 141-аят. «Үсир» («Ушр») – бул, алынатуғын зүрәәттиң оннан бирин Аллаҳ таала жолына садақа қылыў. Ал, «Хираж» үсирден көбирек, зүрәәттиң ярымына шекемги муғдардағы садақаны бериў дегени.
[51] 143-аят. Жәҳилият дәўириниң тийкарсыз әдетлеринен бири ҳайўанлардың гә еркегин, гә урғашысын ҳәр қыйлы бәнелер менен өзлерине ҳарам қылып алыўы еди. Усындай пайдасыз әдетлер ақылға да, шәриятқа да туўры келмейтуғыны айтылмақта. Бул аятта Аллаҳ таала Муҳаммадқа (а.с.) олар менен ақылға муўапық тартысыўға буйырып, егер қадаған етиўиниң себеби урғашылығы болса, неге барлық урғашы ҳайўанларды қадаған етпейди? Егер себеби еркеклиги болса, неге барлық еркек ҳайўанларды қадаған етпейди? Егер себеби буўазлығы болса, неге барлық буўаз ҳайўанларды қадаған етпейди, деген сораў менен олардың пуш ҳәм сайыз ақыйдаларын жоққа шығарыўға буйырған (Лс.).
Жәҳилият дәўириниң адамлары айырым ҳайўанлардың гөшин ер адамларға, ал айырымларының гөшин ҳаялларға тийкарсыз рәўиште қадаған етип қояр еди. Бул аят нәзил болғаннан кейин, олардың атынан Мәлик ибн Аўф деген кимсе Расулдың (а.с.) алдына келип, бул әдетлерин неге тийкарланып қадаған еткени ҳаққында тартыс алып барады. Қанаатланарлы жуўап алғаннан кейин тәслим болады (Бғ.).
[52] 145-аят. Яғный, ҳайўан сойылғанда денеден ажыралып аққан қанның ҳарам екенлиги айтылмақта. Бирақ, гөштиң ишки бөлиминде, тамырларда қалған қанлар ҳарам емес. Икрима (рз.): «Егер усы аят болмағанда, мусылманлар да яҳудийлер киби гөштиң тамырларындағы қалған қанлардан жеркенип жемеген болар еди», – деген (ИК).
[53] 148-аят. Мушриклердиң айтқан үзирлери қабыл етилмейди. Себеби, олар бул сөзлерди исеним менен емес, ал мазақ етиў мақсетинде айтқан. Олар Аллаҳтың қәлеўин ҳүжжет қылмақта. Бул – натуўры ҳәм пайдасыз урыныў. Себеби, аяттағы «қәлеў» разылық мәнисинде. Яғный, «бизден ҳәм ата-бабаларымыздан ширк пайда болыўына разы болмады», – дегени болады. Ширк келтириўин Аллаҳ ерк қылған, бирақ разы болмаған ҳалда. Бул мисли «Аллаҳ қәлегенде ҳәммеңизди ҳидаятқа қарай жоллап қояр еди», – деген аят киби есапланады. Демек, ҳәммеден емес, айырымларынан ийман пайда болыўын, айырымларынан күпир пайда болыўын қәлеген. Сонлықтан, Аллаҳ таала бенделерин жүз беретуғын гүна ислерден разы болмаған ҳалда әмелге асырыўын ерк қыла бериўи мүмкин екен (Мд.).
Бул аятты нәзил етип, үзирлерин ақлайтуғын тайпалар – булар, Қадария, Мўътазила ҳәм Муржиа ағымлары. Бенде Аллаҳтың қәлеўи менен шуғылланыў орнына оның буйрықларын орынлап, қадаған еткенлеринен сақланыўға ҳәрекет қыла берсе, ең мақул исти ислеген болады (Хз.).
[54] 152-аят. Ер жетиў жасы мужтаҳидлер тәрепинен түрлише белгиленген. Мәселен, 15, 18–30, 18–40, 18–60, 20, 30, 33 жас. Ҳанафий мәзҳабы бойынша ол балағат жасы есапланады. Әбиў Ҳанийфадан (рҳ.) айтылған бир рәўиятта жетимниң ер жетиў жасы 25 жас деп көрсетилген (Мд. Хз.Лс.).
[55] 156-аят. Мәккә халқы: «Яҳудийлер ҳәм насранийлерге өз тиллеринде китап нәзил еттиң, биз олардың тилин билмегенимиз ушын үйренбедик ҳәм Сениң буйрықларыңды биле алмадық», – деп үзир айтпасын деп Аллаҳ таала Қураны кәриймди оларға араб тилинде нәзил етилгени ҳаққында хабар бермекте.
Имам Насафий (рҳ.): «Бул аят мажусийлер китап ийелери емеслигине дәлил», – деп жазған (Мд.).
[56] 157-аят. Мәккә халқының ийман келтирмегенлери Қуран нәзил етилмей турып усы гәпти айтқан еди, деген тәфсирден тысқары олар бул гәпти қыямет күни өзлерин ақлаў ушын айтады, – деген тәфсир де бар (Абс.).
[57] 158-аят. Қыяметтиң белгилери ҳаққында бир неше ҳәдислер бар. Мәселен: «Қуяш батыс тәрептен шықпағанша қыямет қайым болмайды. Қуяшты көргеннен кейин, Жер бетиндеги барлық адамлар ийман келтиреди» (Бх.).
Белгилеринен және бири Тәжжал исимли бир мақлуқаттың пайда болыўы ҳәм Жер бетиндеги барлық ҳидаят жолынан адасқанларды өзиниң изине ертип, Имам Маҳдий басшылығындағы мусылманлар менен саўаш қылыўы ҳәм аспаннан Ийса (а.с.) түсип, оны өлтириўи ҳаққында ҳәдис ҳәм ақоид китапларында баян етилген.
Расул (а.с.) бир ҳәдиси шәрийфинде Аллаҳ таалаға илтижа қылып, ериншеклик, қарыз, қәбир азабы, дозақ, жарлылық сыяқлы апатлардан пана сорағанда, Тәжжалдың бузғыншылығынан да пана сораған (Бх. Мс. Тр.).
[58] 163-аят. Яғный, өзим үгит-нәсият қылып атырған динге өзим биринши болып киргенмен.