1. (Ҳәй Муҳаммад!) Көкирегиңди (илим ҳәм ҳикметке) кең ашып қоймадық па?!
2. Сеннен жүгиңди алып қойдық (жеңиллеттик),
3. ол ийниңизге аўырлық етип турған еди[2].
4. Зикириңди (исмиңди) де жоқары қылдық[3].
5. Солай екен, әлбетте, ҳәр бир қыйыншылық пенен бирге жеңиллик бар.
6. Әлбетте, ҳәр бир қыйыншылық пенен бирге жеңиллик бар.
7. Енди (ҳәй Муҳаммад!) Қашан (намаздан) босасаң, онда (орныңнан) тур
8. ҳәм Рәббиңе илтижа (менен дуўа) қыл![4]
[1] 94. ШАРҲ СҮРЕСИ
«Шарҳ» – ашыў.
[2] 3-аят. Ийнине аўырлық етип турған жүк – пайғамбарлық тәшўишлери яки Расул (а.с.) тәрепинен исленген айырым киши қәтелер. Олардан бири «Абаса» сүреси тәфсиринде айтылды.
[3] 4-аят. Муҳаммад (а.с.) аты Аллаҳтың аты менен избе-из келетуғын орынлар көп. Мәселен, шаҳадат кәлиймасында, азан ҳәм тәкбирде, хутба ҳәм де ташаҳҳудда, сондай-ақ, Қуранның көп аятларында (Мд.).
[4] 7–8-аятлар. «Үгит-нәсият яки жиҳад қылып болғаннан кейин, ибадат қылың!» – деп те тәфсир етилген (Абс. Мд.).