Қураны кәрийм аўдармасы

Тийн

Меҳрибан ҳәм Рейимли Аллаҳтың аты менен (баслайман).

1. Ант етемен әнжир ҳәм зайтун менен,

2. Синийн таўы менен,

3. мына, тыныш қала (Мәккә) менен,

4. ҳақыйқатында да, Биз инсанды ең жақсы көринисте жараттық.

5. Соң (қартайған сайын) оны «асфаласафилийн»ге (қәўметин ийилиўге) қайтардық[2].

6. Тек ийман келтиргенлер ҳәм ийгиликли ислер ислегенлерге ғана даўамлы сыйлық бар.

7. (Ҳәй инсан!) Солай екен, жазаны (Күнин) жалғанға шығарыўға сени не мәжбүр етип атыр?!

8. Аллаҳ (сол Күни) ҳүким қылыўшылардың әдалатлысы емес пе?!



[1] 95. ТИЙН СҮРЕСИ

«Тийн» – әнжир.

[2] 5-аят. «Асфаласафилийн» – пәслердиң пәси. Бул сөзден еки түрли мазмун алыў мүмкин. Бириншиси, аўдармадағы қартайғанлық болса, екиншиси, кейинги ийманлы солиҳ бенделерге берилетуғын неъматлар зикирине муўапық кеўлинде күпири болған еки жүзлилер дозақтың ең пәс жерине жиберилиўине ишара болыўы мүмкин.