Қураны кәрийм аўдармасы

Буруж

Меҳрибан ҳәм Рейимли Аллаҳтың аты менен (баслайман).

1. Ант етемен (он еки) шоқ жулдызларға ийе болған аспан менен,

2. ўәде етилген Күн (қыямет күни) менен,

3. (сол Күни) гүўа ҳәм гүўалық берилиўши менен («ор ийелери» қыссасы ҳақыйқат)!

4. «Ор ийелери»не – нәлет!

5. (Ол ор) жанылғысы бар жалын.

6. Сол ўақытта олар – оның үстинде отырыўшы

7. ҳәм мөминлерге ислеп атырған ислерине өзлери гүўа еди[2].

8. Олардан (мөминлерден) Қүдиретли, Мақтаў ийеси болған Аллаҳға ийман келтиргени ушын ғана өш алды.

9. Аспанлар ҳәм Жердиң бийлиги Оныки. Аллаҳ ҳәмме нәрсеге гүўа.

10. Әлбетте, мөмин еркеклер ҳәм мөмин ҳаялларды фитнаға салып, соң тәўбе қылмағанларға, жәҳәннем азабы бар, олар ушын күйдириўши азап бар.

11. Әлбетте, ийман келтирген ҳәм ийгиликли ислерди ислегенлерге астынан дәрьялар ағып турған жәннетлер бар. Ал, бул – үлкен утыс.

12. (Ҳәй Муҳаммад!) Әлбетте, Рәббиңниң (азапқа) тутыўы қатты.

13. Әлбетте, Оның Өзи (жаратыўды) баслайды ҳәм қайтарады (қайта тирилтеди).

14. Ол – (мөминлерге) Кеширимли, Дос.

15. Ол – Арш ийеси, Уллы

16. ҳәм қәлеген нәрсесин қыла алыўшы.

17. (Ҳәй Муҳаммад!) Саған «ләшкерлер»диң хабары келди ме?

18. Фиръаўн ҳәм Самудтың (ләшкерлери).

19. Яқ! Кәпирлер (ҳақ динди ҳәмме ўақыт) жалғанға шығарыўда.

20. Аллаҳ – олардың артынан (ҳәмме нәрсени билип) орап алыўшы.

21. Ал, Ол (инкәр етилген нәрсе) – уллы Қуран болып,

22. Ол (негизги нусқасы) – Лаўҳул-маҳфузда.



[1] 85. БУРУЖ СҮРЕСИ

«Буруж» –шоқ жулдызлар, яғный аспандағы Қуяш ҳәм Ай системасындағы шоқ жулдызлары.

Сүреде Аллаҳ тааланың заты ҳәм сыпатлары қаншелли уллы екени тәрийплениўи менен бирге мөминлерге азар жеткизген ҳәм олардың арасында алаўызлық, бузғыншылық ислерин енгизген кимселерге қатты жазалар берилетуғыны анық екени ҳәм Қураны кәриймниң Лаўҳул-маҳфуздан көширилгени илаҳий муқаддес сөз екенлиги киби мағлыўматлар бар.

[2] 7-аят. Муҳаммадтан (а.с.) алдын өткен үмметлер ишинде залым патша буйрығы менен ийманлы адамларға қатты азап берилгени, ақырында олар ушын қазылған орға залымлардың өзлери қулағаны, ор ишиндеги жалын мөминлерди емес, ал олардың өзлерин күйдирип жибергени сүреде баян етилмекте.