Қураны кәрийм аўдармасы

Қосос

Меҳрибан ҳәм Рейимли Аллаҳтың аты менен (баслайман).

1. То. Сийн. Мийм.

2. Усы (аят)лар – анық Китаптың аятлары.

3. (Ҳәй Муҳаммад!) Ийман келтиретуғын қәўим ушын саған Муўса ҳәм Фиръаўнның хабарын ҳақыйқат пенен тиләўат қылып беремиз.

4. Әлбетте, Фиръаўн Жер бетинде (Мысырда) өзин жоқары тутты ҳәм ол жердиң халқын бөлип таслады. Олардан бир топарын (Исрайыл әўлады қәўимин) хорлап, ул балаларын сойып, қызларын тири қалдырар еди. Әлбетте, ол – бузғыншылардан[2].

5. Ал, Биз Жер бетинде хорланғанларға неъмат бериўди, оларды (хорлықтан шығарып, үлгили) жолбасшыларға айландырыўды ҳәм оларды (Фиръаўн мүлкине) мийрасхор қылыўды қәлеймиз.

6. Және оларды Жерде (Мысырда) орналастырып, Фиръаўн ҳәм (оның ўәзири) Ҳаманға ҳәм де екеўиниң ләшкерлерине олар қәўетерленип атырған нәрсени көрсетиўди (қәлеймиз)[3].

7. Биз Муўсаның анасына: «Оны емизебер. Кейин, (оны өлтирип кетиўинен) қорықсаң, оны дәрьяға тасла, қорықпа, қапа да болма, Биз, әлбетте, оны саған қайтарыўшымыз ҳәм оны Пайғамбарлардан қылыўшымыз», – деп ўаҳий қылдық[4].

8. Кейин, Фиръаўнның шаңарағы оны (ер жеткенде) өзлерине «душпан ҳәм дәрт болыўы ушын» тутып алды. Әлбетте, Фиръаўн, Ҳаман ҳәм екеўиниң ләшкерлери қәтелескен еди.

9. Фиръаўнның ҳаялы (оған): «(Бул бала) мениң ушын да, сениң ушын да көз қуўанышы. Оны өлтирмең! Қәнекей, ол бизлерге пайда берсе яки оны бала қылып алсақ», – деди. Олар (ҳақыйқатты) сезбейди.

10. Муўсаның анасының кеўли (тәшўиштен) босады. Егер Биз (Муўсаны өзиңе қайтарамыз, деген ўәдемиз)ге исениўшилерден болыўы ушын оның кеўлин беккем қылмағанымызда, әлбетте, ол (өзиниң баласы екенин) билдирип қойған болар еди.

11. Ол оның әжапасына (Муўсаның анасы қызына): «Изинен бар!», – деди. Кейин, ол олар сезбеген ҳалда оған (Муўсаға) бир шеттен қарап турды.

12. Биз буннан алдын оған (Муўсаға ҳәмме) емизиўши ҳаялларды қадаған еттик (Ол ҳеш бир ҳаялды ембеди). Сонда, (оның әжапасы келип): «Мен сизлерге оны кепилликке алатуғын (емизетуғын) ҳәм оған нәсиятшы шаңарақты көрсетейин бе?» – деди.

13. Кейин, Биз (Муўсаның анасының) көзи қуўанышқа толыўы, қапа болмаўы ҳәм әлбетте, Аллаҳтың ўәдеси ҳақ екенин билиўи ушын оны (Муўсаны) анасына қайтардық. Бирақ, көпшилиги (буның ҳикметин) билмейди.

14. Қашан ол ер жетип (күш-қуўатқа толып), кәмил болғанда, оған ҳикмет (пайғамбарлық) ҳәм илимди бердик[5]. Биз жақсылық қылыўшыларды усылай сыйлықлаймыз.

15. (Күнлердиң биринде Муўса) қалаға оның халқы ғәплетте болған пайытында[6] кирди. Ол жерде урысып атырған еки адамды көрди. Бунысы өзиниң топарынан (Исрайыл әўлады қәўиминен), онысы душпанынан (қибтийлерден) еди. Кейин, өзиниң топарынан болған адам душпанына қарсы оннан (Муўсадан) жәрдем сорады. Сонда Муўса оны бир муш урып өлтирип қойды. (Соң пушайман болып): «Бул – шайтанның исинен. Әлбетте, ол – анық адастырыўшы душпан», – деди.

16. (Муўса кейин Аллаҳға илтижа етип): «Я Рәббим! Әлбетте, мен өзиме зулым қылдым. Енди мени кешир!» – деди. Сонда (Аллаҳ) оны кеширди. Әлбетте, Ол – Кеширимли, Рейимли.

17. (Муўса және): «Я Рәббим! Маған берген неъматың ҳүрмети, енди жынаятшыларға, улыўма жәрдем бериўши болмаспан», – деди.

18. Кейин, ол азан менен (және) қалада қорыққан ҳалында, (қандайда бир кеўилсизлик болады деп) алаңлап кетип баратырған еди[7], кеше оннан жәрдем сораған адам, және (жәрдем сорап) бақырып қалды. Муўса оған: «Әлбетте, сен анық адасқансаң», – деди.

19. Енди ол екеўине душпан болған (қибтий)ды усламақшы болғанда, ол: «Ҳәй Муўса! Кеше бир адамды өлтиргениңдей, (бүгин) мени де өлтирежақсаң ба?! Сен Жер бетинде тек жәбир қылыўшы болажақсаң. Сен дүзетиўши болыўды қәлемейсең», – деди.

20. Қаланың шетинен биреў асығып келип: «Ҳәй Муўса! Ақсүйеклер сени өлтириўге тил бириктирип атыр. Енди сен (бул қаладан) шығып кет! Әлбетте, мен саған нәсиятшыман», – деди.

21. Кейин, (Муўса) қорқып, (әтирапқа) алаңлап, ол жерден: «Я Рәббим! Мени (бул) залымлардың қәўиминен қутқар!» – деп шықты.

22. Қашан ол Мадян (қаласы) тәрепке жүзленгенде: «Қәнекей, Рәббим мени туўры жолға басласа», – деди.

23. Мадянның суўына жетип келгенде, ол жерде бир топар адамлардың (шарўаларды) суўғарып атырғанын көрди ҳәм олардан (беррегиректе қойларын суўдан) қайтарып атырған басқа еки қызды көрди. (Муўса): «Сизлерге не болды?» – деди. Олар: «Шопанлар (малларын) қайтармағанша бизлер суўғара алмаймыз[8], ал әкемиз (қартайып қалған) үлкен ғарры», – деди.

24. Сонда, (Муўса) екеўине (қойларын) суўғарып берди. Соң (бир шеттеги) саяға қайтып (отырды ҳәм): «Я Рәббим! Әлбетте, маған қандай жақсылықты (ырысқыны) түсирсең, соған мүтәжбен», – деди[9].

25. Кейин, екеўинен биреўи уялып келди: «Бизлер ушын (қойларымызды) суўғарып бергениңниң ҳақын бериў ушын әкем сени шақырып атыр», – деди. Кейин, (Муўса) оған (Шуайбқа) барғанда ҳәм оған өз қыссасын айтып бергенде, ол: «Қорықпа! Сен залымлардың қәўиминен қутылдың», – деди.

26. Екеўинен биреўи: «Ҳәй аға! Оны (жумысқа) жалла! Себеби, сен жаллайтуғын (бул) жақсы адам – күшли, исенимли», – деди.

27. (Шуайб): «Маған сегиз жыл ислеп бериў шәрти менен, мына еки қызымнан биреўин саған некелеп бермекшимен*[10], егер он жылды тамамласаң, (он жыл ислеп берсең) бул өзиңнен (болған қайыр). Мен саған машақат қылыўды қәлемеймен. Қудай қәлесе мениң жақсылардан екенимди көресең», – деди.

28. (Муўса): «Бул – мениң менен сениң арамызда(ғы келисим). Еки мүддеттен қайсы бирин қылсам да, маған душпанлық қылынбайды. Айтып атырған нәрсеме Аллаҳ гүўа», – деди.

29. Муўса (келисилген) мүддетти таўысып, шаңарағы менен (Мысыр тәрепке) кетип баратырғанда, «Туўр» (таўы) тәрепте жалынды көрип қалды. Ол шаңарағына: «Сизлер (усы жерде) күтип турың! Мен бир жалынды көрдим. Бәлким, ол жерден сизлерге хабар яки жылыныўыңыз ушын (сол) оттан бир шоқ алып келермен», – деди.

30. (Муўса) ол жерге жетип барғанда, ол мүбәрек жердеги ойпатлықтың оң тәрепинен – теректен нида қылынды: «Ҳәй Муўса! Әлбетте, Мен, Өзим (бәрше) әлемлердиң Рәббиси – Аллаҳпан.

31. Ҳасаңды (жерге) тасла!» (Муўса) оның жыландай қыймылдап атырғанын көргенде, терис қарап қашты. (Оған айтылды:) «Ҳәй Муўса! Қайт, қорықпа! Әлбетте, сен (қәўип-қәтерден) аман болыўшылардансаң.

32. Қолыңды жағаңа суқ, ҳеш бир жаманлықсыз аппақ болып шығады ҳәм қорыққаныңда қанатыңды (қолыңды және) жағаңа тық (сонда ол өз ҳалына қайтады)![11] Демек, усы екеўи (ҳаса менен қол) – Рәббиң тәрепинен Фиръаўн ҳәм оның ақсүйеклерине еки ҳүжжет. Әлбетте, олар фасықлар қәўими болды», (– делинди).

33. (Муўса) айтты: «Я Рәббим! Мен олардан бир жанды өлтирдим, енди олар мени өлтириўинен қорқаман.

34. Әжағам Ҳарун меннен көре жақсы сөйлейди[12], оны да мениң менен бирге мени тастыйықлаўшы қылып жибер! Себеби, олар мени өтирикши қылыўынан қорқаман».

35. (Аллаҳ): «Биз сени әжағаң (Ҳарун) менен қуўатлаймыз ҳәм екеўиңизге бир салтанат (жеңис) беремиз, олар сизлерге (бир зыян бериў ушын) жете алмайды. Бизиң мөжизаларымыз бенен екеўиңиз де, сизлерге ергенлер де жеңиске ерисиўши», – деди.

36. Муўса оларға ашық-айдын мөжизаларымызды келтиргенде, олар: «Бул тоқылған сыйқырдан басқа нәрсе емес. Алдынғы ата-бабаларымыздан бул ҳаққында еситпеген едик», – деди.

37. Муўса: «Рәббим Өзиниң алдынан кимге ҳидаят келтиргенин де, ақырет үлкесиндеги ақыбет кимге болыўын да жақсы биледи. Әлбетте, залымлар (ақыретте) утысқа ерисе алмайды», – деди.

38. Фиръаўн: «Ҳәй адамлар! Мен сизлерге өзимнен басқа бир илаҳтың бар екенин билмеймен. Енди ҳәй Ҳаман! Ылайға от жағып (писирип, гербиш қуйып), мениң ушын бәлент сарай қур, қәнекей (оған шығып) Муўсаның илаҳын көрсем[13]. Әлбетте, мен оны өтирикшилерден, деп ойлап атырман», – деди.

39. Ол (Фиръаўн) ҳәм оның ләшкерлери Жер бетинде наҳақтан тәкаббырлық қылды. Олар өзин Бизге (Аллаҳға) қайтарылмайды, – деп ойлар еди.

40. Кейин, Биз оны ҳәм оның ләшкерлерин услап, теңизге тасладық. Енди залымлардың ақыбети қандай болғанына қара![14]

41. Оларды дозаққа шақыратуғын баслықлар қылдық. Қыямет күни оларға (ҳеш ким тәрепинен) жәрдем берилмейди.

42. Биз оларға бул дүньяда нәлетти ерттик. Қыямет күни де олар жеркенишлилерден (бахытсызлардан) болады.

43. Ҳақыйқатында да, Биз алдынғы әўладларды (күпир келтиргени ушын) қыйратқанымыздан кейин Муўсаға адамлар ушын нур, ҳидаят ҳәм мийирманшылық етип Китапты (Таўратты) бердик. Қәнекей, олар (оны оқып, илаҳий үгитлерден) еслетпе алса.

44. (Ҳәй Муҳаммад!) Биз Муўсаға исти (сөйлесиў ҳәм утысты) ҳүким қылғанымызда сен (Туўр таўының) батыс тәрепинде (Биз бенен Муўса ўәделескен жерде)[15] емес едиң ҳәм гүўалардан да емес едиң.

45. Бирақ, Биз (Муўсадан кейин көп) әўладларды пайда еттик, соң оларға өмир (заман) узайды. Сен Мадян халқы арасында турып, оларға аятларымызды тиләўат қылып бермегенсең. Бирақ, Биз (сени) Пайғамбар (қылып) жибериўши болдық.

46. Биз (Муўсаға) нида қылған ўақытта сен «Туўр»дың қасында емес едиң[16]. Бирақ, Рәббиңнен мийирманшылық сыпатында сеннен алдын бир ескертиўши келмеген қәўимди ескертиўиң ушын (пайғамбар қылындың). Қәнекей, (олар) еслетпе алса.

47. Егер оларға қоллары қылған иси себепли мүсийбет жеткенде: «Рәббимиз, бизлерге Пайғамбар жибергениңде еди, аятларыңа ерген ҳәм мөминлерден болған болар едик», – демейтуғын болғанда (Биз сени оларға пайғамбар етип жибермес едик).

48. Қашан оларға Бизиң алдымыздан ҳақыйқат (пайғамбар) келгенде, олар: «Оған (Муҳаммадқа) да Муўсаға берилген нәрсе (мөжиза) берилсе еди (бизлер оған ерген болар едик)», – деди. Олар бурын Муўсаға берилген нәрсени де (мөжизаны да) инкәр етпеген бе еди?! Олар: «(Таўрат пенен Қуран) бир-бирине жәрдем беретуғын еки сыйқыр», – деди. Және олар: «Бизлер (бул еки Китаптың) ҳәр бирине күпир келтириўшимиз», – деди.

49. Сен: «Егер расгөй болсаңыз, Аллаҳтың алдында ол екеўинен де (Китаплардан да) туўрырақ бир китапты әкелиң, мен оған ерейин», – деп айт.

50. Енди, егер саған жуўап бере алмаса, онда бил, олар тек ҳаўайы нәпсилерине ғана ерип атыр. Аллаҳтан ҳидаят болмай турып, өзиниң ҳаўайы нәпсине ергеннен де бетер адасқанырақ адам бар ма?! Әлбетте, Аллаҳ залымлар қәўимин[17] ҳидаят қылмайды.

51. Ҳақыйқатында да, Биз оларға Гәпти (Қуранды) жеткизип қойдық. Қәнекей, еслетпе алса.

52. Оннан (Қураннан) алдын Китап (Таўрат, Инжил) берилгенлер (яҳудийлер ҳәм насранийлер) оған (Қуранға) ийман келтиреди[18].

53. Қашан оларға (Қуран) тиләўат қылынса, олар: «Бизлер оған ийман келтирдик. Әлбетте, ол – Рәббимизден келген ҳақыйқат. Әлбетте, бизлер оннан (Қуран нәзил болыўынан) алдын да мусылман едик», – деди.

54. Әне соларға (ийман жолында) сабыр еткени ушын сыйлығы еки есе қылып бериледи. Олар жаманлықты (кәпирлердиң азарларын) жақсылық пенен кетиреди ҳәм оларға ырысқы етип берген нәрсемизден напақа қылады.

55. Қашан олар бийҳуўда гәпти еситсе, оннан жүз бурып: «Бизлерге өзимиздиң қылған исимиз, сизлерге өзиңиздиң қылған исиңиз, аман болың, бизлер наданларды қәлемеймиз», – дейди.

56. (Ҳәй Муҳаммад!) Әлбетте, сен өзиң жақсы көргениңди ҳидаят қыла алмайсаң. Бирақ, Аллаҳ кимди қәлесе, соны ҳидаят қылады. Ол ҳидаят табыўшыларды жақсы биледи.

57. Олар (Қурайш кәпирлери): «(Ҳәй Муҳаммад!) Егер сениң менен бирге ҳидаятқа ерсек, жеримизден айырыламыз», – деди. Биз оларға аманлық «Ҳарам»ды орын қылып бермедик пе?! Ҳәмме нәрсениң мийўелери Бизиң дәргайымыздан ырысқы болып, ол жерге жыйналады ғой! Бирақ, олардың көпшилиги (буны) билмейди.

58. Биз қаншадан-қанша жасаўда (нашүкирлик етип) ҳәдден асқан аўылларды қыйраттық. Енди анаў – олардың мәканлары. Олардан кейин мәканларында тиришилик жүдә аз болды. (Олардың мал-мүликлерин де, мәканларын да) Биз мийрас етип алдық.

59. Рәббиң ҳәмме аўылларға аятларымызды оларға тиләўат қылып беретуғын Пайғамбар жибермегенше, олар (аўыллар)ды қыйратыўшы болмады. Биз аўылларды тек олардың халқы залым (кәпир) болғанда ғана қыйратыўшы болдық.

60. Сизлерге берилген нәрселер – тек бул дүньяның пайдаланылатуғын буйымы ҳәм оның зийнети. Ал, Аллаҳтың алдындағы (сыйлық) – жақсы ҳәм мәңги. Ақылларыңызды ислетпейсиз бе?![19]

61. Биз шырайлы ўәдени (жәннетти) ўәде бергеннен кейин оған ерискен адам, бул дүнья өмириниң буйымын бергенимизден кейин қыямет күни (мәңги азапқа) таярланған адамдай бола ма?![20]

62. (Аллаҳ) оларға: «Сизлер (бар деп) айтқан Мениң «шериклерим» қәне?!» деп нида қылатуғын Күнди (еслең).

63. Үстине (азап ҳаққындағы) сөз түсиўи ҳақ болғанлар: «Я Рәббимиз! Анаў бизлер жолдан адастырған адамларды да тап өзимиз жолдан адасқандай адастырғанбыз. Саған (айыплы емеспиз деп) өзимизди ақладық. Олар бизлерге ибадат қылмаған», – дейди.

64. Оларға: «Шериклериңизди (жәрдемге) шақырың», – делинеди. Олар шақырылады. Сонда, (өтирик қудайлары) жуўап бермейди ҳәм олар азапты көреди. Егер олар (дүньяда) ҳидаят тапқанлардан болғанда (бундай азапты көрмеген болар еди).

65. (Аллаҳ) оларға нида қылып: «Пайғамбарларға қандай жуўап бердиңиз?» дейтуғын Күни,

66. сол күни оларға хабар (сылтаў)лар көринбей қалады ҳәм олар бир-биринен сорай алмайды.

67. Бирақ, (бул дүньяда) тәўбе қылып, ийман келтирип, ийгиликли ислерди қылған адам, қәнекей, (ол) утысқа ерисиўшилерден болса.

68. Рәббиң Өзи қәлегенин жаратады ҳәм (қәлеген исти) ықтыяр қылады[21]. Оларда (бенделерде) ықтыяр жоқ. Аллаҳ – олар ширк келтирген нәрседен пәк ҳәм жоқары.

69. Рәббиң олардың кеўли жасырып атырған нәрсени де (сырларды да), ашық айтқан нәрсени (сөзлерин) де биледи.

70. Ол – Аллаҳ. Оннан басқа илаҳ жоқ. Әўел ҳәм ақырда (дүнья ҳәм ақыретте) барлық ҳамд Оныки. Ҳүким де Оныки ҳәм (қыямет күни) Оның Өзине ғана қайтарыласыз.

71. (Ҳәй Муҳаммад!) Сен (оларға): «Айтың, егер Аллаҳ түнди үстиңизге қыямет күнине шекем даўамлы қылып қойса, Аллаҳтан басқа қайсы «илаҳ» зыя (жақтылық) келтире алады?! Еситпейсиз бе?!» – деп айт[22].

72. Сен оларға: «Айтың, егер Аллаҳ күндизди үстиңизге қыямет күнине шекем мәңги қылып қойса, Аллаҳтан басқа қайсы «илаҳ» сизлер тынышланатуғын түнди келтире алады?! Көрмейсиз бе?!» – деп айт.

73. (Аллаҳтың) сизлер ушын түн ҳәм күндизди, онда (түнде) дем алыўыңыз ушын (ал, күндиз) Оның кеңшилигинен (ырысқысынан) талап етиўиңиз ҳәм шүкир қылыўыңыз ушын пайда қылып қойғаны – Оның мийриминен.

74. (Еслең! Аллаҳ қыямет күнинде) оларға нида қылып: «Сизлер (бар деп) ойлаған «шериклерим» қәне?!» – дейди.

75. Биз (ол Күни) ҳәр бир үмметтен бир гүўаны (пайғамбарларын) шығарып, (сол адасқан үмметлерге): «(Келтирген ширклериңизге) ҳүжжетлериңизди әкелиң!» – деймиз. Сонда, олар ҳақыйқат Аллаҳтики екенин биледи ҳәм өзлери тоқып алған нәрселери («қудайлары» намәлим тәрепке) олардан жоқ болып кетеди.

76. Әлбетте, Қарун[23] Муўсаның қәўиминен болып, оларға (қәўимлерге) тәкаббырлық қылды. Биз оған гилтлериниң өзи бир топар қуўатлы (адамларға) да аўырлық қылатуғын ғәзийнелерди берген едик. Сол ўақытта оған қәўими айтты: «Мақтанбай-ақ қой, әлбетте, Аллаҳ мақтанғанларды жақсы көрмейди.

77. Аллаҳ саған берген нәрсе менен ақыретти тиле, бул дүньядағы несийбеңди де умытпа! Аллаҳ саған жақсылық қылғанындай, сен де (адамларға) жақсылық қыл! Жер бетинде бузғыншылықты қәлеме! Әлбетте, Аллаҳ бузғыншыларды жақсы көрмейди».

78. (Қарун): «Маған ол тек өзимдеги илим себепли ғана берилди», – деди. Ол өзинен алдын Аллаҳ оннан көре қуўатлырақ ҳәм (мал-дүньясы) көбирек (қаншадан-қанша) әўладларды қыйратқанын билмеген бе?! Гүнакарлардан гүналары ҳаққында сорап отырылмайды[24].

79. Кейин, (Қарун) қәўимине зийнети менен шықты. Дүнья өмирин қәлейтуғынлар: «Қәнекей бизлерде де Қарунға берилген нәрсе (байлық) болса еди. Ҳақыйқатында да, ол үлкен несийбе ийеси», – деди.

80. Ал, илим берилгенлер (руўханыйлар): «Сизлерге ўайл болсын! Ийман келтирип, ийгиликли ислерди қылғанлар ушын Аллаҳтың саўабы жақсырақ ғой! Оған (саўапқа) тек сабырлылар ғана ериседи», – деди.

81. Кейин, Биз оны да, (байлық толы) үйин де жерге жуттырдық[25]. Соң оған Аллаҳтан басқа жәрдем беретуғын бир топар болмады, оның өзи де жәрдем берилгенлерден болмады.

82. Кеше оның орнын арзыў қылып атырғанлар: «Бай­-бай, Аллаҳ бенделеринен қәлегениниң ырысқысын кең ҳәм (Өзи қәлегениниң ырысқысын) тар қылады екен. Егер Аллаҳ бизлерге мийирманшылық қылмағанда, бизлерди де (жерге) жуттырар еди. Бай-бай, кәпирлер утысқа ерисе алмайды екен дә!» – деп қалды.

83. Биз сол (сизлерге мәлим) ақырет үлкесин Жер бетинде тәкаббырлық ҳәм бузғыншылықты қәлемейтуғынлар ушын қыламыз. Ақыбет – тақўалылардики.

84. Ким бир жақсылықты (саўаплы әмелди) келтирсе, онда оған оннан жақсырақ (сыйлық) болады. Ким бир жаманлықты (гүнаны) келтирсе, онда жаманлық (гүнаны) қылғанлар тек қылғанына жараса жазаланады.

85. (Ҳәй Муҳаммад!) Саған (усы) Қуранды парыз қылған[26] (Аллаҳ), әлбетте, сени қайтатуғын орын (Мәккә)ға қайтарады. Сен (мушриклерге): «Рәббим ҳидаят пенен келгенлерди де, анық адасып жүргенлерди де жақсы биледи», – деп айт.

86. Сен өзиңе Китап (Қуран) түсиўин үмит қылмаған едиң. Тек, Рәббиңниң мийирманлығы сыпатында (Ол нәзил болды). Солай екен, ҳеш ўақытта кәпирлерди (динлерин жақлап) қорғаўшы болма!

87. Саған Аллаҳтың аятлары түскеннен кейин олар саған улыўма тосқынлық қылмасын! (Сен адамларды) Рәббиңе (ийман келтирип, ийгиликли ислерди қылыўға) шақыр ҳәм ҳасла мушриклерден болма!

88. Аллаҳтан басқа ҳеш бир «илаҳ»ға илтижа қылма! Оннан басқа илаҳ жоқ. Оның «жүзи»нен басқа ҳәмме нәрсе – жоқ болыўшы. Ҳүким Оныки ҳәм (бәршеңиз) Оған ғана қайтарыласыз.



[1] 28. ҚОСОС СҮРЕСИ

Қосос – қыссалар.

Сүреде Муўсаның (а.с.) өмири ҳәм искерлиги туўралы кеңирек мағлыўмат бериледи. Жаўызлық тымсалы сыпатында Фиръаўн ҳәм Қарун киби байлық ҳәм салтанат себепли қутырған шахслар ҳаққында ибратлы аятлар берилген. Қалған аятларда, таўҳид, ийман, исеним, тақўа ҳәм ийгиликли әмеллерге шақырыў, күпир, ширк, гүна киби жаманлықлардан пәклениўге қаратылған үгит-нәсиятлар келтириледи.

[2] 4-аят. «Жоқары тутыў» – ҳәдден асып, бәрше илаҳий ҳәм инсаный нызам-қағыйдаларды бузыўы.

[3] 6-аят. Қибтийлердиң қәўетерленген нәрсеси мал-мүлик мийрасы менен ҳүкимдарлық Исрайыл әўладының қолына өтип кетиўи болып, олар соннан шоршыйтуғын еди.

[4] 7-аят. Муўса (а.с.) анасының исми Юҳанед, Юхоел, Нажиб, Нажия яки Иахаўед екенинде тартыслы тәфсирлер бар. Ол Яқубтың (а.с.) улларынан бири – Лаўий нәсилинен болып, оған қылынған ўаҳий пайғамбарларға қылынатуғын ўаҳийлердей емес, ал Мәрьямға қылынған ўаҳий киби илҳам яки түс ҳүкиминде есапланады. Себеби, ҳаяллардан пайғамбар болыўы мүмкин емес. Бирақ, гейде олар киби атақлы солиҳа ҳаяллар аты келгенде «алайҳиссалам» деп қойған мақул. Буның менен олар пайғамбарлардан есапланған болмайды. Мәселен, Хизр (а.с.) дегенимиз киби. Анасы Муўсаны үш ай яки көбирек емизгеннен кейин, Фиръаўнның тыңшыларынан қәўетерге түсип, оны сандыққа салып Нил дәрьясына таслап ағызып жибереди (Лс. Мд. Хз.).

[5] 14-аят. Муўсаға (а.с.) берилген «ҳүким»нен пайғамбарлық яки Таўрат китабы ҳәм «илим»нен диний билим нәзерде тутылған, деп тәфсир қылған муфассирлер көпшиликти қурайды. Ол екеўинен пайғамбарлықтан алдын берилген ақыл-зейин ҳәм илим-ҳикмет нәзерде тутылған деп те тәфсир қылынған (Мд. Хз. ИК).

[6] 15-аят. Халық ғәплетте болған пайыт – шам менен хуптан арасындағы ўақыт яки түски уйқы пайыты. Бундай пайытты таңлаўға себеп – ол пайғамбарлық үгит-нәсиятын ашықтан-ашық баслағаннан кейин, оған қалаға кириў қадаған етилип қойылған еди.

[7] 18-аят. Қибтийди өлтирип қойғаны туўралы хабар Фиръаўнға жеткен еди. Ол өлтирген адамды излеў ушын қалаға тыңшыларды жибергенин билгеннен кейин, Муўса (а.с.) қәўетерге түскен еди (Хз.).

[8] 23-аят. Бул еки қыз көзлери әззи болып қалған пайғамбар Шуайбтың (а.с.) қызлары еди. Екеўи қойларын қудыққа суўғарыўға алып келип, ер адамлар көп болғаны ушын олардан уялып, жақынласа алмай турғанда, Муўса (а.с.) оларға жәрдем бергеннен кейин, олар барып әкесине бул ҳаққында хабар береди.

[9] 24-аят. Муўса (а.с.) аш болғанлықтан бир бөлек нан яки ярым қурма сорап, Аллаҳға илтижа қылған. Себеби, ол бир ҳәпте дуз татпаған еди.

Муўсаның (а.с.) саяға барып дем алғанлығынан бул дүньяда да гейде шаршағанды шығарыў ҳәм дем алыў мүмкинлиги келип шығады (Мд. Хз.).

[10] 27-аят. Шуайбтың (а.с.) үйинде Адам (а.с.) жәннеттен алып шыққан ҳаса пайғамбарлар арқалы қолма-қол өтип сақланып киятыр еди. Оны Муўсаға (а.с.) береди. Пайғамбар болғаннан кейин усы ҳасадан көп мөжизалар жүз береди. Келисилген шәртнамаға муўапық Муўса (а.с.) Шуайбтың (а.с.) қойларын он жыл баққаннан кейин оған Сапура исимли қызын некелеп береди.

Муўсаға (а.с.) қызын берген киси Шуайб (а.с.) емес, ал оның бирәдары Байрун еди, деген тәфсир де бар (Бғ.).

[11] 32-аят. Аллаҳ таала бул аятлар арқалы Муўсаға (а.с.) инам еткен мөжизалардан қалай пайдаланыўды үйретпекте. Демек, оң қолын шеп қолтығы астына тығып шығарса, аппақ болып шығып, түнде жолды жарытыўы мүмкин. Егер бир нәрседен қорықса да қолын қойнына яки көксине тықса, қорқыныш басылып, кеўли жай табады екен. Ибн Аббас (рз.) айтады: «Муўса (а.с.) жыланнан қорыққанында қорқыўды бастырыў ушын Аллаҳ таала қолын көксине басыўды буйырған. Демек, оннан кейин де кимде-ким қорыққан пайытында усындай қылса, қәўип-қәтер кетип кеўли тынышланады» (Мд. Хз.).

[12] 34-аят. Муўса (а.с.) тутлығып сөйлейтуғын еди. Буның себеби – Фиръаўн Муўсаның нәрестелик пайытында қолына алып, еркелетип турғанда Фиръаўнның сақалын жулып алады. Сонда Фиръаўн келешекте мени өлтиретуғын бала усы екени белгили болды, деп оны өлтириўге буйырмақшы болғанда ҳаялы Асия ортаға түсип, ол еле шоқ пенен дүрдиң парқын билмейтуғын нәресте болса, деп қорғап қалады. Фиръаўн оны сынаў ушын алдына шоқ пенен дүрди қойғанда ол шоқты алып, аўызына салғанында тили күйип, тутлығып сөйлейтуғын болып қалған еди (Лс. ИК).

[13] 38-аят. Муқотил (рҳ.) сөзи бойынша, тарийхта биринши болып ылайды отта күйдирип пискен гербиш таярлаўды баслап берген адам Фиръаўн болған екен. Яғный, оның өзи ойлап табыўшы алым болмаса да, сол пайытта раўажланған түрли кәсип ийелерин жумысқа жаллаған (Мд. Лс.).

Фиръаўнның ўәзири Ҳаман елиў мың қурылысшы шакырып, бийик минара қурдырады. Қурылыста пискен гербиш, ағаш, шеге, ганч киби қурылыс буйымларынан пайдаланады. Бийик минара питкеннен кейин, бир арғымаққа минип, оның шыңына көтерилип шығады ҳәм оқ жайдан аспанға қарап оқ атады. Аллаҳ оның ҳәддинен асыўы ҳәм адасыўы және де аса берсин деп, атқан оғын қанға бояп түсиреди. Буны көрип, Фиръаўн: «Муўсаның қудайын атып өлтирдим», – деп жар салады. Соң Қуяш батқаннан кейин, Аллаҳтың әмири менен Жәбрайыл (а.с.) келип, қанатлары менен минараны урып, үш бөлек қылып таслайды. Бир бөлеги Фиръаўн әскери үстине түсип, көпшилик бөлимин набыт қылады. Екинши бөлеги теңизге, ал үшиншиси батысқа түседи (Бғ).

[14] 40-аят. Бул жерде Фиръаўн өз ләшкери менен Муўсаның (а.с.) изинен барып, жетейин деп турғанда суўға ғарқ болғаны айтылмақта.

[15] 44-аят. Туўр таўы ҳәзирги Мысыр аймағына кириўши Синай ярым атаўындағы таў. Усы жердеги арнаўлы орында Муўса (а.с.) Аллаҳ таала менен сөйлескен ҳәм илаҳий жазыўларды қабыл етип алған.

[16] 46-аят. Ўаҳб (рҳ.) сөзи бойынша Муўса (а.с.) Туўр таўында Аллаҳтан Муҳаммадтың (а.с.) үмметин көрсетиўди сораған. Аллаҳ оларды көрсетпесе де, даўысларын еситтиретуғынын айтады ҳәм «Ҳәй Муҳаммад үммети!», – деп шақырады. Муўсаның (а.с.) қулағына «Ләббәйкаллаҳумма ләббәйк. Иннал-ҳамда ўан-неъмата лака ўал-мулк. Ләә шарика лак» деген даўыс еситиледи... (Хз.).

Әбиў Ҳурайра (рз.) сөзи бойынша аяттағы «нида» – Аллаҳтың Муҳаммад (а.с.) үмметине қарата «Дуўа қылмасыңыздан алдын ижабат қылдым, сорамасыңыздан алдын инам еттим», – деген шақырығы болып есапланады (Нс. Лс.).

[17] 50-аят. Қуранда «зулым» сөзи гейде ширк мәнисинде келеди.

[18] 52-аят. Усы аяттан 55-аятқа шекем китап ийелериниң мөминлери туўралы сөз барады. Таўрат ҳәм Инжил китапларында ақырғы пайғамбар келетуғыны ҳаққында хош хабар берилген болып, китап ийелериниң бир бөлеги Муҳаммад (а.с.) келместен алдын оған ийман келтирип, келгеннен кейин усы ийманда беккем қалған еди. Ибн Аббастың (рз.) сөзи бойынша, олар 40 нажронлы насранийлер, 32 ҳабашстанлы насранийлер, 8 Шамнан келип, ийман келтирген яҳудийлер есапланады. Ҳәдис бойынша, оларға жаңа пайғамбар келемен дегенше өз пайғамбарларына, соң Муҳаммадқа (а.с.) ийман келтиргени ушын еки есе саўап жазылады (Лс. Хз. Абс.).

[19] 60-аят. Аяттың соңында пәний дүньяға қарағанда, ақырет жақсы екени туўралы ақылды ислетиўге шакырылмақта. Соның ушын даналар: «Ақыретти дүньядан үстин қоймаған адам ақылсыз есапланады», – деген (Хз.).

[20] 61-аят. Бул аяттағы тең болмайтуғын еки адамнан бири Муҳаммад (а.с.), екиншиси, яғный қыяметте мәңги азапқа гириптар болыўшы кимсе Әбиў Жаҳл ибн Ҳишам яки Әмир Ҳамза менен Ҳәзирет Әлийлер (рз.) ҳәм де олардың қарсыласы Әбиў Жаҳл есапланады, деген тәфсирлер бар (Тб.).

[21] 68-аят. Яғный, барлық ықтыяр, қәлеў ҳәм ерк Аллаҳға тән. Бендениң ықтыяры ҳәм қәлеўи Аллаҳтың ерки ҳәм қәлеўинен ҳасла үстин болмайды (Мд.).

[22] 71-аят. Аллаҳ тааланың бул дүньяда қараңғы түнди ҳәм жақты күнди жаратып, ол екеўин орын алмасып туратуғын қылып қойғанында инсанлар ушын жүдә үлкен мәп бар. Бундай болыўды инсанның жасаўы, ислеўи, дөретиўшилик қылыўы, соның менен бирге дем алып, күш-қуўатын тиклеп алыўы ушын болған зәрүрлик талап етеди. Бирақ, жәннетте шаршаў, мийнет, машақат киби туйғылар болмағаны ушын қараңғы түнге де зәрүрлик болмайды. Соның ушын ол жерде мудамы жақтылық ҳүким сүреди (Хз.).

[23] 76-аят. Қарун Муўсаға (а.с.) ағайин еди. Таўратты жақсы оқып, үйренген болса да, Самирийге уқсап еки жүзли, қызғаншақ ҳәм тәкаббыр еди. Байлығының көплиги соншелли, ғәзийнелериниң гилтлери алпыс ғашырға жүк болар еди. Кейинги аятларда оның тәғдири не менен жуўмақланғаны ҳаққында ибратлы мағлыўматларды оқыймыз. (Мд.).

Қарун химия илимин ҳәммеден жақсы билген. Айтылыўынша, мыстан алтын, қорғасыннан гүмис ислеў сырларын билгени ушын ғәзийнеси көбейип кеткен.

[24] 78-аят. Қарунның бай-дәўлетли болыўына Аллаҳ себеп қылған илимниң қайсы бири екени ҳаққында айырым тәфсирде Таўратты билиўи делинсе, басқасында ол пуқта билген химия илими, деп жазылған. Екинши тәфсир ҳақыйқатқа жақынырақ.

[25] 81-аят. Жазылыўына қарағанда, Муўса (а.с.) Қарунға байлығынан зәкат бериўди усыныс етеди. Ҳәр мың динардан бир динар, мың дирҳамнан бир дирҳам бериў кереклигин еситип, Қарун сықмарлық қылады ҳәм зәкатты бериўден бас тартып ғана қалмай, басқа байларды да Муўсаға қарсы қайрап, дөҳмет уйымластырады. Бир бузық ҳаялды жаллап, Муўсаны (а.с.) шерменде қылмақшы болады. Бирақ, ҳаял пайғамбардың алдында расын айтып бергеннен кейин, Муўса (а.с.) ғәзепленип, Аллаҳтан Қарунға жаза сорайды. Аллаҳ қандай жаза бериўди Муўсаның (а.с.) ықтыярына қалдырады. Ол Жерге оны жутыўды буйырады. Дизесине шекем жутқанда Қарун Муўсаға (а.с.) жалына баслайды. Соң ийнине шекем, ақыры пүткиллей жерге батып кетеди. Сонда Аллаҳ Муўсаға (а.с.): «Қарун саған үш рет жалынды, кеширмедиң. Мен бир рет жалынғанды кеширемен», – деди. Адамлар Муўса (а.с.) Қарунның байлығын алыў ушын өлтирди дегеннен соң, ғәзийнелерин де жер жутыўын сорайды (Мд.).

[26] 85-аят. Қуранды парыз қылғаны – оны тиләўат қылыўды, ҳүкимине әмел қылыўды ҳәм оны үмметке жеткизиўди Пайғамбардың мойнына парыз қылғаны. Ал, Мәккәға қайтыў ҳижраттан кейинги әрманларынан бири еди.