Қураны кәрийм аўдармасы

Анфал

Меҳрибан ҳәм Рейимли Аллаҳтың аты менен (баслайман).

1. Сеннен (ҳәй Муҳаммад!) олжалар ҳаққында сорайды. Сен: «Олжалар – Аллаҳтики ҳәм Пайғамбардики. Енди Аллаҳтан қорқың ҳәм араларыңызды дүзетиң! Егер мөмин болсаңыз, Аллаҳға ҳәм Оның Пайғамбарына итаат етиң!» – деп айт[1].

2. Аллаҳ (исми) зикир қылынса, кеўиллери елжирейтуғын, аятлары тиләўат қылынса, ийманлары зыяда болатуғын ҳәм Рәббисине тәўекел қылатуғынлар ғана мөминлер болып,

3. олар намазларды кәмил оқыйды ҳәм Биз ырысқы етип берген нәрселерден напақа қылады.

4. Әне солар – ҳақыйқый мөминлер. Олар ушын Рәббисиниң алдында дәрежелер, мағфират ҳәм кең ырысқы бар.

5. Бул (жағдай) Рәббиң сени үйиңнен ҳақ (жол) пенен шығарғанға уқсайды. Мөминлерден бир топары, (буны) жақтырмайды.

6. Өзлери көрип турған ҳалларында тап өлимге айдалып атырғандай, ҳақ анық болғаннан кейин сениң менен тартысады.

7. Аллаҳтың «еки топардың бири сизлердиң пайдаңызға болады», – деп ўәде бергенин есле[2]. Сизлер найзасы жоғы сизлердики болыўын қәлейсиз. Аллаҳ Өз кәлиймалары (буйрығы) менен ҳақты ҳаққа шығарыў ҳәм кәпирлерди қыйратыўды қәлейди.

8. Жынаятшылар (мушриклер) жақтырмаса да, (Аллаҳ) ҳақты ҳақ, наҳақты наҳақ қылыў (дәлиллеў) ушын (усы ислерди қылады).

9. Рәббиңизден жәрдем сорағаныңызда: «Мен сизлерге избе-из (келетуғын) мың периште менен жәрдем беремен», – деп дуўаңызды қабыл еткенин еслең!

10. Аллаҳ буны (жәрдемди) сизлерге тек хош хабар ҳәм кеўлиңиз тынышланыўы ушын ғана қылды. Жеңис тек Аллаҳтың алдында. Әлбетте, Аллаҳ – Қүдиретли, Ҳикметли.

11. Ол сизлерди Өзи тәрепинен қәтержамлық ушын мүлгиткенин, Ол сизлерди пәклеў, сизлерден шайтанның ўасўасасын кетириў, кеўиллериңизди (өз ара) байланыстырыў ҳәм оның менен қәдемлериңизди нықлаў ушын аспаннан үстиңизге суў түсиргенин еслең!

12. Рәббиңиз периштелерине: «Мен сизлер менен биргемен. Енди сизлер ийман келтиргенлерди беккем болыўға шақырың! Күпир келтиргенлердиң кеўиллерине қорқыўды саламан. Солай екен, мойынлардың үстине урың (өлтириң) ҳәм олардың ҳәр бир бармағына (ҳәр тәреплеме) урың!» – деп ўаҳий қылғанын есле!

13. Бул – олардың Аллаҳға ҳәм Оның Пайғамбарына қарсы шыққаны ушын. Ким Аллаҳға ҳәм Оның Пайғамбарына қарсы шықса, онда, әлбетте, (ондайларға) Аллаҳтың азабы қатты.

14. Мине, усы – сизлерге! Оны татып көриң! Әлбетте, кәпирлер ушын дозақ азабы бар.

15. Ҳәй ийман келтиргенлер! Бастырып баратырып, күпир келтиргенлер менен соқлығыссаңыз, артыңызға қашпаң!

16. Ким сол күни олардан артына қашса, онда ол Аллаҳтан болған ғәзеп пенен артына қайтқан болып, орны жәҳәннемде болады. Тек ким (артына қайтыўдан мақсети) урыс иси менен шетленген болса ямаса басқа топарға қосылмақшы болған болса (ондай емес). (Жәҳәннем) буншелли жаман жер!

17. Оларды сизлер өлтирмедиңиз, ал оларды Аллаҳ өлтирди. Атқанда сен атпадың (ҳәй Муҳаммад!), ал Аллаҳ атты. Мөминлерди Өзиниң шырайлы (бир) сынаў менен сынамақшы болып (усындай қылды). Әлбетте, Аллаҳ – Еситиўши, Билиўши[3].

18. Сизлерге – сол! Ал, Аллаҳ – кәпирлердиң ҳийлесин әззилетиўши[4].

19. Егер (араны) ашыўды сораған болсаңыз, онда (ара) ашылды[5]. Егер тоқтасаңыз, бул өзиңизге жақсы. Егер және қайтсаңыз, Биз де қайтамыз. Қанша көп болса да, сизлердиң топарыңыз пайда бере алмайды. Әлбетте, Аллаҳ мөминлер менен бирге.

20. Ҳәй ийман келтиргенлер! Аллаҳға ҳәм Оның Пайғамбарына бойсының! Еситип турып, Оннан жүз бурып кетпең!

21. Өзлери еситпесе де, «Еситтик» дейтуғынлардай болмаң!

22. Аллаҳтың нәзеринде жанзатлардың ең жаманы ақылын ислетпейтуғын «герең» ҳәм «сақаў»лар.

23. Егер Аллаҳ оларда бир жақсылықты билгенде, оларды еситетуғын етип қояр еди. Егер оларды еситетуғын еткенде де олар жүзин бурып, терис қарап кеткен болар еди.

24. Ҳәй ийман келтиргенлер! Сизлерди тирилтиўши нәрсе (илим алыў) ушын шақырғанда, Аллаҳға ҳәм Оның Пайғамбарына (ләббәй деп) жуўап бериң! Билип қойың, Аллаҳ инсан ҳәм оның кеўли арасын ажыратып турады[6]. (Қыяметте) Оған жыйналасыз.

25. Сизлерден тек залымларға ғана болмаған (ал ҳәмме ушын болатуғын) сынақтан сақланың. Билиң, әлбетте, Аллаҳтың азабы қатты[7].

26. Сизлер Жер бетинде (Мәккәда) азшылық ҳәм әззи болып, адамлар (мушриклер) сизлерди тонаўынан қорқып турғаныңызда, (Аллаҳ) сизлерге (Мадинадан) орын берип, Өзиниң жәрдеми менен қоллағаны ҳәм пәк нәрселерди ырысқы етип бергенин еслең! Қәнекей, шүкир қылсаңыз.

27. Ҳәй ийман келтиргенлер! Билип турып Аллаҳға, Пайғамбарға (буйрықларына) қыянет қылмаң ҳәм аманатларыңызға (билип турып) қыянет қылмаң[8]!

28. Билип қойың, мал-дүньяларыңыз да, балаларыңыз да тек сынақ (гүна, азап ҳәм машақат дереги)[9]. Аллаҳтың алдында үлкен сыйлық бар.

29. Ҳәй ийман кетиргенлер! Егер Аллаҳтан қорықсаңыз, сизлерге (ҳақ пенен наҳақты) ажыратыўшыны береди, сизлердиң гүналарыңызды жуўып, сизлерди кеширеди. Аллаҳ – үлкен кеңшилик ийеси.

30. Күпир келтиргенлер сени услаў, өлтириў, (журтыңнан) шығарыў ушын ҳийле қылғанын есле. Олар ҳийле қылады, Аллаҳ та «ҳийле» қылады. Аллаҳ – «ҳийле» қылыўшылардың зоры.

31. Оларға аятларымыз тиләўат қылынса: «Еситтик, егер қәлесек бизлер де буған уқсасын (аятларды) айтамыз. Бул алдынғылардың әпсаналарынан басқа нәрсе емес», – дейди.

32. Олар: «Аллаҳым! Егер мынаў (Қуран) Сениң алдыңнан келгени ҳақыйқат болса, үстимизге аспаннан тас жаўдыр ямаса бизлерге аўыртыўшы азап жибер», дегенин есле!

33. Олардың ишинде сен бар болсаң, Аллаҳ оларды азапламайды. Олар истиғфар айтар екен, Аллаҳ оларды азаплаўшы емес.

34. Аллаҳ оларды азапламайтуғындай, олар не қылыпты?! Олар оның (Масжидул Ҳарамның) ийеси болмаса да[10], (мөминлерди) Масжидул Ҳарамнан тосады. Оның ийелери тек тақўалылар. Бирақ, (буны) олардың көбиси билмейди.

35. Каабаның алдында олардың намаз оқыўы тек ысқырыў ҳәм шаппатлаў еди. Солай екен, (ҳәй мушриклер, Бадр саўашы күни) күпир қылғаныңыз себепли азабыңызды тартың[11].

36. Күпир келтиргенлер мал-дүньяларын (адамларды) Аллаҳтың жолынан тосыў ушын сарплайды. Оларды сарплап болып, кейин оған ҳәсирет қылады ҳәм утылып қалады. Күпир келтиргенлер жәҳәннемге топланады.

37. (Бундай болыўы) Аллаҳ пәкти напәктен ажыратыўы ҳәм напәкти (кәпирлерди) бир-бириниң үстине тақлап, ҳәммесин жәҳәннемге таслаўы ушын. Әне солар – зыян көриўши!

38. Күпир келтиргенлерге айт, егер (күпирден) қайтса өткенлери (гүналары) кешириледи[12]. Егер даўам етсе, онда алдынғы (үмметлердиң аўҳалы) сабақ сыпатында өтти.

39. Фитна (ширк) жоқ боламан дегенше ҳәм динниң ҳәммеси Аллаҳтики болғанша[13] олар менен урысың! Егер олар (күпирден) қайтса, әлбетте, Аллаҳ – олардың не қылып атырғанын көрип турыўшы.

40. Егер (олар) жүз бурса, онда билип қойың, әлбетте, Аллаҳ – сизлердиң ҳожайыныңыз. Ол – қандай жақсы хожайын, Ол – қандай жақсы жеңиске еристириўши!

41. Егер Аллаҳға, ажыратыўшы күни[14] – еки топар соғысқан күни бендемизге (Муҳаммадқа) нәзил еткен нәрсемизге (аятлар, периштелер ҳәм жеңиске) ийман келтирген болсаңыз, (онда) билип қойың, олжаға алған нәрселериңиздиң бестен бири Аллаҳға ҳәм Пайғамбарға, жақынлар, жетимлер, мискинлер ҳәм мүсәпирлерге (тийисли)[15]. Аллаҳ – ҳәмме нәрсеге қәдир.

42. Сонда сизлер (Мадинаға) жақын тәрепте, олар (мушриклер) узақ тәрепте, атлылар сизлерден пәсте еди. Егер (мушриклер менен) келисип алғаныңызда да, (бәри бир) ўәде етилген жер ҳәм ўәде етилген ўақыт та басқаша болар еди. Бирақ, Аллаҳтың ислениўи керек болған иси ислениўи ушын, өлгенлер анық ҳүжжет пенен өлиўи ушын, тири қалғанлар анық ҳүжжетлер менен тири қалыўы ушын (жаў менен тосаттан соқлығыстырып қойды). Әлбетте, Аллаҳ – Еситиўши, Билиўши.

43. Аллаҳ түсиңде оларды аз етип көрсетти. Егер саған оларды көп қылып көрсеткенде, сизлер қорқып қалған ҳәм бул ис (саўаш) бойынша бир-бириңиз бенен тартысқан болар едиңиз. Бирақ, Аллаҳ (сизлерди буннан) сақлады. Әлбетте, Ол – кеўиллердеги нәрсени билиўши.

44. Сонда, соқлығысқаныңызда, оларды сизлердиң көзиңизге аз етип көрсеткенин, сизлерди олардың көзине аз етип көрсеткенин еслең! (Бул исти) Аллаҳ қылыныўы керек истиң болыўы ушын қылды. Ҳәмме ис Аллаҳға қайтады.

45. Ҳәй ийман келтиргенлер! Бир топарға соқлығыссаңыз, беккем (ҳәм шыдамлы) болың ҳәм Аллаҳты көп зикир қылың, қәнекей утысқа ериссеңиз!

46. Аллаҳға ҳәм Оның Пайғамбарына бойсының. Өз ара тартыспаң, (егер өз ара тартыссаңыз,) босасып қаласыз ҳәм «самалыңыз» (абырайыңыз) кетип қалады[16]. Сабыр етиң! Әлбетте, Аллаҳ сабыр етиўшилер менен бирге.

47. Өзлериниң журтынан тәкаббырлық ҳәм мабаға шығатуғын ҳәм Аллаҳтың жолынан тосатуғынларға уқсамаң! Аллаҳ – қылып атырған нәрселериңизди қамтып алыўшы[17].

48. Сонда шайтан оларға (мушриклерге) ислеп атырған ислерин зийнетли көрсетип: «Бүгин адамлар ишинен сизлерге үстем болатуғыны жоқ. Мен сизлердиң қасыңыздаман!» – деди. Еки топар (ләшкерлер) бир-бирин көргенде, (шайтан) артына қайтып: «Мениң сизлерге қатнасым жоқ. Мен сизлер көрмей атырған нәрсени көрип атырман[18]. Мен Аллаҳтан қорқаман», – деди. Аллаҳтың азабы қатты.

49. Сонда еки жүзлилер ҳәм кеўиллеринде «иллети» барлар: «Оларды (мусылманларды) динлери алдап қойды», – деди[19]. Ким Аллаҳға тәўекел қылса, (Аллаҳ оны итибарға алады) әлбетте, Аллаҳ – Қүдиретли, Ҳикметли.

50. Периштелер күпир келтиргенлердиң бетлерине ҳәм артларына урып жанларын алып атырғанын көргениңизде еди. (Сонда периштелер айтты): «Жалынның (дозақ) азабын тартың!

51. Бул – өз қолларыңыз қылған қылмысларыңыз себепли болды. Ал, Аллаҳ бенделерине зулым қылыўшы емес».

52. (Олардың бул ҳалы) Фиръаўн ақсүйеклери ҳәм олардан алдыңғылардың қылған ислерине уқсайды. (Олар) Аллаҳтың аятына күпир келтирди. Кейин, Аллаҳ оларды гүналары себепли услады. Аллаҳ күшли, азабы қатты.

53. Бундай болыўы, Аллаҳ бир қәўимге берген неъматын ҳәтте олар өзлерин (мүнәсибетти жаман ҳалатқа) өзгертпегенше, өзгертиўши емеслигинен. Аллаҳ – Еситиўши, Билиўши[20].

54. (Олар) Фиръаўн ақсүйеклери ҳәм олардан алдынғылардың қылғанындай Рәббисиниң аятларын жалғанға шығарды. Кейин, Биз оларды гүналары себепли қыйраттық. Фиръаўнның ақсүйеклерин (суўға) шөктирдик. Олардың ҳәммеси залымлар еди.

55. Аллаҳтың алдында жанзатлардың ең жаманы – күпир келтиретуғынлар. (Соның ушын да олар ҳеш қашан) ийман келтирмейди.

56. Олардың ишинде сениң менен келискеннен кейин тақўасызлық қылып, ҳәр сапар келисимин буза беретуғынлары бар.

57. Егер урыста оларды жеңсеңиз, онда оларды (қыйратыў менен) артындағыларды (қорғаўшыларды) тым-тырақай қыл. Қәнекей, (сонда) еслетпе алса.

58. Егер бир қәўимниң (келисимге) қыянет етиўинен қорықсаңыз, оларға (келисим бийкар болғаны ҳаққындағы хабарды) теңдей ортаға тасла! Аллаҳ қыянет қылыўшыларды жақсы көрмейди.

59. Күпир келтиргенлер «оздық», – деп ойламай-ақ қойсын. Олар (Аллаҳты) илажсыз қалдыра алмайды.

60. Олар ушын қолыңыздан келгенше күш-қуўатты ҳәм ертленген атларды таярлап қойың. Буның менен Аллаҳтың душпанын, өзиңиздиң душпаныңызды ҳәм олардан басқа сизлер билмейтуғын, бирақ Аллаҳ билетуғынларды қорқытасыз. Аллаҳтың жолында нени сарпласаңыз, сизлерге (оның саўабы) зулым қылынбаған ҳалда толық қылып бериледи.

61. Егер олар тынышлыққа (питимге) разы болса, сен де разы бол. Аллаҳға тәўекел қыл![21] Ол – Еситиўши, Билиўши.

62. Егер (олар) сени алдайжақ болса, онда саған Аллаҳ жетерли. Ол сени Өзиниң жәрдеми ҳәм мөминлер менен қоллады

63. ҳәм олардың кеўиллерин (өз ара) бирлестирди. Егер (сен) Жер бетиндеги (ҳәмме) нәрсени сарпласаң да, олардың кеўиллерин (өз ара) бирлестире алмайсаң[22]. Бирақ, Аллаҳ олардың арасын бирлестирди. Әлбетте, Ол – Қүдиретли, Ҳикметли.

64. Ҳәй Пайғамбар! Саған ҳәм саған ерген мөминлерге Аллаҳ жетерли.

65. Ҳәй Пайғамбар! Мөминлерди урысқа (Бадр урысына) шақыр! Егер сизлерде жигирма сабырлы адам болса, олардың еки жүзин жеңеди. Егер сизлерден жүзи болса, күпир келтиргенлерден мыңын жеңеди. Буның себеби – олар санасы жоқ қәўим екенинен.

66. Енди Аллаҳ сизлерге (жүгиңизди алып) жеңиллестирди. Сизлерде әззилик бар екенин билди. Енди, егер сизлерден жүз сабырлы болса, еки жүзди (жаўды) жеңеди. Егер сизлерден мыңы болса, Аллаҳтың қәлеўи менен еки мыңды жеңеди. Аллаҳ сабыр етиўшилер менен бирге.

67. Ҳеш бир пайғамбар ушын Жер бетинде жеңиске ериспегенше, тутқын алыўы мүмкин емес. Сизлер дүньяның буйымын қәлейсиз. Аллаҳ ақыретти қәлейди. Аллаҳ – Қүдиретли, Ҳикметли.

68. Егер Аллаҳтың алдыннан (тәғдирдеги қәтени кешириў ҳаққындағы) жазғаны болмағанда, әлбетте, сизлерге алған нәрселериңиз ушын үлкен азап болар еди.

69. Солай екен, олжаға алған нәрселериңизди ҳадал-пәк қылып жең. Аллаҳтан қорқың! Аллаҳ – Кеширимли, Рейимли.

70. Ҳәй Пайғамбар! Қолыңыздағы тутқынларға: «Егер Аллаҳ кеўлиңиздеги жақсылықты (ийман бар екенин) билсе, сизлерден алынған нәрседен көре жақсырақ нәрсени сизлерге береди ҳәм сизлерди кеширеди. Аллаҳ –Кеширимли, Рейимли», – деп айт!

71. Егер олар (тутқынлар) саған қыянет қылыўды қәлесе, ҳақыйқатында да, буннан алдын Аллаҳға қыянет қылған еди. Сонда оларды (жазалаўға) мүмкиншилик болған еди. Аллаҳ – Билимли, Ҳикметли.

72. Әлбетте, ийман келтиргенлер, ҳижрат қылғанлар, Аллаҳтың жолында мал-дүньялары ҳәм жанлары менен (душпанға қарсы) гүрескенлер, (муҳажирлерге) орын берип, жәрдем көрсеткенлер (ансорлар), әне солар – бир-бирине дос. Ийман келтирген, (бирақ) ҳижрат қылмағанлар болса, ҳижрат қылғанынша олар менен дос болыў сизлерге дурыс емес[23]. Егер олар сизлерден динде жәрдем сораса, онда оларға жәрдем бериў сизлердиң мойныңызда болады. Тек сизлер менен араңызда (урыспаў ҳаққында) келисим болған қәўим болса, (оларға жәрдем бериў) мүмкин емес. Аллаҳ – ислеп атырған ислериңизди көрип турыўшы.

73. Күпир келтиргенлер бир-бири менен дос. Егер буны қылмасаңыз Жер бетинде фитна ҳәм үлкен бузғыншылық болады[24].

74. Ийман келтирип, ҳижрат қылған, Аллаҳтың жолында (жаўға қарсы) гүрескен, (мүҳажирлерге) орын берип, жәрдем бергенлер, әне солар – ҳақыйқый мөминлер. Олар ушын мағфират ҳәм кең ырысқы бар.

75. Кейин ийман келтирип, ҳижрат қылған ҳәм сизлер менен (душпанға қарсы) гүрескенлер[25], әне солар – сизлерден. Аллаҳтың китабында ағайинлер бир-бирине ҳақылы[26]. Әлбетте, Аллаҳ – ҳәр бир нәрсени Билиўши.



[1] 1-аят. Бадр саўашынан соң түскен олжаларды бөлистириўде жас жаўынгерлер менен кексе жаўынгерлер арасында бираз келиспеўшилик жүз берген. Муҳаммад (а.с.) оларды жарастырып, олжаны барлық жаўынгерге теңдей бөлистирип берген.

[2] 7-аят. Еки тайпаның бириншиси – мушриклер кәрўаны, екиншиси – Мәккәдан мусылманларға қарсы саўаш қылыўға атланған мушриклер әскери.

Мадинада ҳижраттан кейин Ислам раўажланып, мусылманлар қәддин тиклеп алғаннан кейин мушриклерден кек алыў пурсаты жеткен еди. Себеби, мусылманлар Мәккәда үй-жайларын, жер ҳәм бағларын таслап ҳижрат қылып кеткен еди. Мәккә мушриклери олардың қалдырып кеткен мал-мүлик ҳәм байлықларын өзлестирип алған еди. Соның ушын да мушриклер саўдагерлерлик жолы менен кәрўанларда Мадина әтирапынан өтип қалса, муҳажир мусылманлар олардың жолларын тосып, өз мал-мүликлериниң есесине мушриклердиң буйымларын олжа қылып алыўға ҳәрекет ететуғын еди. Буған Аллаҳ ҳәм Расулы тәреплеринен руқсат берилген еди.

Шамнан қайтып киятырған Мәккә мушриклерине қарсы Расулуллаҳ бир топар саҳабалар менен жолға шығады. Екинши тәрептен Мәккә мушриклери де үлкен әскер топлап, Мадинаға қарай жол алады. Сонда Пайғамбар (а.с.) Аллаҳтың әмири менен кәрўанды қойып, жаў ләшкери менен саўаш қылыўды ықтыяр етеди. Айырым саҳабалар: «Таяр кәрўан олжасы турғанда, жаўдың үлкен ләшкери менен урысамыз ба?» – деп наразылық билдирген.

[3] 17-аят. Муҳаммад (а.с.) жаў ләшкери менен дусласқанда, қолына бир уўыс топырақ алып: «Шаҳатил – ўужуҳ!» яғный жүзлериң қурысын! – деп оларға қарай шашып жиберген. Аллаҳтың әмири менен ләшкерлердиң көзи шаң менен толған. Аятта усы сыяқлы илаҳий мәдетлер еслетилмекте.

[4] 18-аят. Бул жерде Мәккә халқына қарап айтылмақта.

[5] 19-аят. Мәккә халқы Каабапушқа асылып, Аллаҳға илтижа қылған ҳалда: «Егер Муҳаммад ҳақ болса, оған жәрдем бер. Егер бизлер ҳақ болсақ, бизлерге жәрдем бер», деп дуўа қылған.

[6] 24-аят. Яғный, Аллаҳ таала инсанға оның кеўлинен де жақын дегени.

[7] 25-аят. Бул аят Муқотилдиң (рҳ.) тәфсири бойынша Әлий, Талҳа ҳәм Зубайрлар (рз.) ҳаққында нәзил болған. Заҳҳак (рҳ.) рәўият қылыўынша, Умар (рз.) Әбиў Заррдың (рз.) қолын қысып: «Ҳәй алаўызлық қулпы!» дегеннен кейин, себеби соралғанда: «Сен ҳаққыңда Расул (а.с.), егер араңызда ол бар екен, алаўызлық болмайды» дегенин еслеткен (Лс.).

[8] 27-аят. Ҳәдиси шәрийфте айтылады: «Аманат бергенлерге аманатын қайтарың! Сизлерге қыянет қылғанға сизлер қыянет қылмаң!»

[9] 28-аят. Ҳақыйқатында да, инсанның алаўызлық, гүна, машақат ҳәм азапқа жолығып қалыўының тийкарғы себепшиси мал-дүнья, перзентлер екени мәлим. Байлыққа артықша ықлас қойыў, перзент ҳәм зүрядты пәраўан турмыс пенен тәмийинлеў жолында ҳеш нәрседен қайтпаў ақыбетинде Аллаҳтың көрсетпелерине толық әмел қылыў мүшкил болып қалады. Аяттағы «фитна» сөзиниң және бир мәниси сынақ болып есапланады. Демек, Аллаҳ таала байлық ҳәм перзентлери болған бенделерин олар арқалы сынақтан өткереди ҳәм ақыретте утыс ийелерин үлкен сыйлық пенен сыйлықлайды. Байлық ҳәр қанша көп болса да, оған ықлас қойылмай, оны ийгиликли жолларға сарпласа, перзентлерди жақсы тәрбиялап солиҳ адамлардың қатарына қосса, әлбетте, имтиҳаннан жақсы өткен болады. Ҳәдиси шәрийф: «Ҳадалдан табылған байлықтың солиҳ адамның қолында болғаны қандай жақсы!

[10] 34-аят. Аятта Расулдың (а.с.) Ҳудайбия жылы бир топар мусылманлар менен Кааба зыяратына барғанда мушриклер жолларын тосып, Мәккәға кириўге мүмкиншилик бермегени ҳаққында еслетилмекте. Байтуллаҳға ийе болыў, яғный ол жерде ибадат қылыўға ийман ҳәм исеними бар мөмин-мусылманлар ҳақылырақ. Жәҳилият дәўиринен қалған, ислам дини тәлиматына қарсы рәўиште жалаңаш ҳалда таўап қылыўшы мушриклерге ол жерде енди орын жоқ, деп Аллаҳ таала ислам әҳлине хабарламақта.

[11] 35-аят. Яғный, Расулуллаҳ Каабада намаз оқыса, олар қирәәттен жаңылыстырыў мақсетинде ысқырыў ҳәм қол шаппатлаўларды және де күшейтер еди (Мд.).

[12] 38-аят. Әбиў Ҳанийфа (рҳ.) бул аятты дәлил қылып, диннен шыққан адам исламды қайта қабыл етсе, қаза болған намазларын оқыўы лазым емес, деген (Мд.).

[13] 39-аят. «Дин пүткиллей Аллаҳға болғанға шекем» деўден мақсет – жалған динлер орнына Ислам дини келгенге шекем дегенди билдиреди. Усы аятты дәлил қылып Абдуллаҳ ибн Зубайрға (рз.) қарсы шығыўшылар қатарына Абдуллаҳ ибн Умарды (рз.) үгитлегенде: «Биз алаўызлық жоқ болып, дин Аллаҳға болғанға шекем урыстық. Ал, сизлер керисинше, мусылманлар арасында алаўызлық тарқатыў ҳәм дин Аллаҳтан басқаларға болыўы ушын ҳәрекет қылмақтасыз», – деп, олардың усынысларына қарсылық билдирип, өзин сақлаған екен. (ИК).

[14] 41-аят. Ажырым күни – Бадр саўашы күни. Сол күни ҳақ пенен жалған ажырым болған. Бадр саўашы рамазан айының 17 яки 19 ы, жума күни болған. Расул (а.с.) биринши рет бундай саўашта қатнасқан. Мушриклер саны 1900 адам болып, оларға Утба ибн Рабиа сәркардалық қылған. Мусылманлардың саны 315 адам әтирапында болып, Аллаҳтың жәрдеми менен олар жеңиске ерискен (Хз.).

[15] * Түскен олжа Расулуллаҳ (а.с.) заманында беске бөлинип, биринши бөлеги Пайғамбарға (а.с.), екинши бөлеги оның ағайинлерине, яғный бабасы Ҳашим ҳәм Мутталиблердиң әўладына, қалған үш бөлеги жетим, мискин ҳәм мүсәпирлерге берилетуғын еди. Әбиў Ҳанийфа (рҳ.) ижтиҳадлары бойынша, Расул (а.с.) қайтыс болғаннан кейин оның ҳәм ағайинлериниң үлеси сақыт (бийкар) болған. Имам Мәлик (рҳ.) ижтиҳадлары бойынша, қайтыс болғаннан кейинги түскен олжалар ықтыяры патшада болып, ол лазым көрген жерлерге сарпланады. Әбиў Алия (рҳ.) олжа алтыға бөлинип, Аллаҳтың үлеси Каабаға сарпланады, қалған бес бөлеги де өз орнында қалады, – деген (Мд. Хз.).

[16] 46-аят. Жәнжеллесиў, келиспеўшилик ҳәм өз ара душпанлық мудамы адамлардың әззилеўине, абырайларының төгилиўине себеп болып келген. Аяттағы «рийҳ» сөзиниң сөзлик мәниси самал. Бул жерде абырай, күш-қуўат мазмунында келген. «Самал» сөзи қарақалпақ тилинде де астарлы мәниде қолланылады. Мысалы, «Мурнына самал енди», «Көкирегиме самал тийди» сыяқлы сөзлерде ол абырай, әўмет, пәраўанлық мәнилеринде қолланылған.

[17] 47-аят. Гәп Мәккә мушриклери ҳаққында болып атыр.

[18] 48-аят. Шайтанның көрген нәрсеси – аспаннан түсип атырған периштелер еди. Олар мусылман ләшкерлерине қосылып, жаў менен урысқаннан кейин, жеңиске ерисилген.

[19] 49-аят. Мусылманлар азшылық болыўына қарамай көп санлы жаў ләшкерлери менен соқлығысыўға қарар қылғанда, айырым еки жүзли ҳәм кеўли бузық адамлар: «мусылманлар саны аз болыўына қарамай, сондай көп санлы жаў ләшкерлери менен соқлығысыўға жүрексиниўинен олардың узақты көре алмаўы ҳәм динлери оларды алдап қойғаны белгили болады», – деген еди.

[20] 53-аят. Мушриклердиң ҳалаты Муҳаммад (а.с.) келместен алдын да жақсы емес еди. Себеби, олар күпир, ширк, бутпаразлық ийриминде жасайтуғын еди. Соған қарамай, Аллаҳ таала оларға азап жибермей, мәўлет берген еди. Ал, жаңа пайғамбар келгеннен кейин, олардың ҳалаты бетер жаманласты. Буған өзлери себеп болды. Өйткени, оған азар берди, жанына қаслық етти, мөжизаларына қарамай жалғаншыға шығарды. Соннан кейин Аллаҳ таала оларға өзиниң азабын жиберди (Мд.).

* Аятты және де тереңирек аңлаў ушын «Раъд» сүресиниң 11-аятының аўдармасы ҳәм тәфсирине қаралсын.

[21] 61-аят. Питим дүзгеннен кейин душпан тәрепинен ол бузылып қалса, ҳалымыз не кешеди, деп қәўетерленбеўге, ал Аллаҳға тәўекел қылыўға буйырылмақта, Себеби, Аллаҳ оны сақлаўды ўәде қылған (Хз.).

[22] 63-аят. Жәҳилият дәўиринде арабларда пидәкерлик, жигер, мутаассиблик, гийне, душпанлық жүдә күшли болған. Бир қәўим адамы басқа қәўимине тийисли адамның жүзине бир муш урып қойса, пүткил қәўим аяққа турып, өш алмағанша қоймас еди. Муҳаммад (а.с.) пайғамбар болып келген ўақыттан баслап оған ийман келтирип, сүннетлерине әмел қылғаннан кейин бул ҳалат унамлы тәрепке өзгерип, гәплери бир жерден шығатуғын болды. Гийне, душпанлық, қызғаншақлықтың орнын Аллаҳтың жолында досласыў, аўызбиршилик ҳәм меҳир-мүриўбет ийеледи. Атап айтқанда, Аўс пенен Хазраж қәўимлери арасында бир жүз жигирма жыллық душпанлық сақланып киятыр еди. Ислам дининиң шарапаты менен олардың ҳәммеси дос-бирәдарларға айланды. Аятта Аллаҳ таала оларды буншелли дәрежеге алып келиў Пайғамбардың қолынан келмейтуғынлығы, буған Аллаҳтың өзи муўапық еткени ҳаққында хабар бермекте (Мд. Хз.).

Бадр саўашына шекем өтмиште ҳеш кимге Аллаҳ олжаны өзлестириўди мақул қылмаған (Лс.).

[23] 72-аят. Мәккәли мусылманлар мойнындағы Мадинаға ҳижрат қылыў (көшип кетиў) парызлығы сегизинши ҳижрий жылы, яғный Мәккә ийеленгеннен кейин бийкар етилген.

[24] 73-аят. Яғный, мусылманлар өзлериндей мусылманларды дос тутпаса, Жер бетинде тынышлық болмайды. Себеби, мусылманлар таўҳид ҳәм ийманды қорғап, ширк ҳәм күпирге қарсылық қылмаса, қудайсызлық ең жайып, бузғыншылық көбейип кетеди.

[25] 75-аят. Ҳижрат қылыў бир неше басқыш пенен әмелге асырылған. Бириншиси – Ҳудайбия питиминен алдынғы ҳижрат. Екиншиси – Ҳудайбия питиминен кейинги, Мәккә ийелеп алынғаннан алдынғы ҳижрат. Айырым мусылманлар еки ҳижрат ийелери есапланады. Яғный, Ҳабашстанға ҳәм Мадинаға ҳижрат қылған. Алдынғы аяттағы ҳижрат қылғанлар биринши басқыш, ал кейинги аяттағылар екинши ҳижрат ийелери есапланады (Бғ.).

[26] * Яғный, ағайинлер бир-биринен мийрас алыўға басқаларға қарағанда ҳақылырақ.