1 Ҳәй пайғамбар! Не ушын ҳаялларыңның разылығын қәлеп, Аллаҳ саған ҳадал қылған нәрсени (пал жеўди) ҳарам қыласаң! Аллаҳ – Кеширимли, Рейимли[2].
2. Ҳақыйқатында да, Аллаҳ сизлер ушын (мәлим муғдарда каффарат – жәрима төлеп) антларыңызды ҳадаллап алыўыңызды парыз етти. Аллаҳ – сизлердиң хожайыныңыз. Ол – Билимли, Ҳикметли.
3. Пайғамбар ҳаялларынан айырымына (Ҳафса анамызға) бир гәпти (шорысы Марияның талағын ҳәм халифалықты) сыр етип айтқанын еслең! Кейин (Ҳафса) ол (сыр) ҳаққында (Айшаға) айтып бергенде, Аллаҳ буны оған (пайғамбарға) билдирди. Ол (Ҳафсаға өзи билген нәрсениң) айырымын билдирди ҳәм айрымынан жүз бурды (билдирмеди). Қашан ол (пайғамбар) оған (Ҳафсаға) усы ҳаққында хабар бергенде, ол: «Буны саған ким хабар етти», – деди. Ол (пайғамбар): «Маған Билиўши, Хабардар – Аллаҳ хабар берди», – деди.
4. (Ҳәй Ҳафса ҳәм Айша!) Егер екеўиңиз Аллаҳға тәўбе етсеңиз, сонда ҳақыйқатында да кеўиллериңиз (ҳаққа) бейим болады. Егер оған (пайғамбарға) қарсы шықсаңыз, онда, әлбетте, Аллаҳтың Өзи де, Жәбрайыл да, солиҳ мөминлер де оның жәрдемшиси. Буннан басқа периштелер де – (пайғамбарға ҳәмме ислерде) жәрдемши.
5. Ол сизлерди талақ қылса, оның Рәббиси оған сизлерден жақсырақ, муслима, ийманлы, итаатлы, тәўбе етиўши, ибадатлы, (мудамы Аллаҳтың жолында) жүриўши жаўанлар ҳәм қызлардан болған жубайларды алмастырып бериўи мүмкин.
6. Ҳәй ийман келтиргенлер! Өзлериңизди ҳәм шаңарағыңызды жанылғысы адамлар ҳәм тастан болған дозақтан сақлаң! Оның үстинде турпайы, қатал периштелер болып, олар Аллаҳтың буйрығына кери ис етпейди ҳәм не нәрсеге буйырған болса, соны ислейди.
7. Ҳәй күпир келтиргенлер! Бүгин үзир айтпаң! Сизлер тек өзлериңиз ислеп өткен ислериңиздиң жазасын ғана аласыз.
8. Ҳәй ийман келтиргенлер! Аллаҳға шын тәўбе етиң! Қәнекей, Рәббиңиз гүналарыңызды өширип, сизлерди астынан дәрьялар ағып туратуғын жәннетлерге киргизсе! Ол Күни Аллаҳ пайғамбарды ҳәм оның менен бирге болған ийман келтиргенлерди шерменде етпейди. Олардың нурлары алдыларында ҳәм оң тәреплеринде жүреди. Олар: «Я Рәббимиз! Өзиң бизлерге нурымызды кәмил етип бер, гүналарымызды кешир, әлбетте, Сен ҳәмме нәрсеге қәдирсең», – дейди.
9. Ҳәй Пайғамбар! Кәпир ҳәм еки жүзлилерге қарсы гүрес ҳәм оларға (сен де) қаттықол бол! Олардың орны – жәҳәннем. (Жәҳәннем) буншелли жаман (баратуғын) жер![3]
10. Аллаҳ күпир келтиргенлерге Нуҳтың ҳаялын ҳәм Луттың ҳаялын мысал етип келтирди[4]. Олар бенделеримизден еки жақсы бендениң (қол) астында еди. Кейин олар (ҳаяллар) оларға қыянет етти. (Нуҳ пенен Лут) Аллаҳтан (Оның азабынан) ҳеш нәрсени де ол екеўинен қайтара алмады. (Оларға): «Кириўшилер менен бирге дозаққа кириң!» – делинди.
11. Аллаҳ ийман келтиргенлерге Фиръаўнның ҳаялын мысал етип келтирди. Сонда ол: «Я Рәббим! Маған Өзиңниң алдыңда (жәннетте) бир үй қур. Мени Фиръаўннан ҳәм оның қылмысынан қутқар. Мени залымлар қәўиминен қутқар!» – деди[5].
12. Және өз намысын сақлаған ҳаял – Имранның қызы Мәрьямды (да мысал етип келтирди). Биз Өз (дәргайымыздағы) руўхымыздан оған үпледик (сонда ол Ийсаға ҳәмиледар болды). Ол Рәббисиниң сөзлерин ҳәм китапларын тастыйықлады ҳәм де (Оның буйрықларына) бойсыныўшылардан болды.
[1] 66. ТАҲРИМ СҮРЕСИ
«Таҳрим» – ҳарам қылыў, қадаған етиў.
Сүреде Пайғамбар (а.с.) менен ҳаяллары арасында өткен айырым келиспеўшиликлер, шаңарақ ҳәм перзент тәрбиясы, тәўбе етиўге шақырыў, соның менен бирге, Нуҳ ҳәм Лут (а.с.)лардай пайғамбарлардың ҳаяллары кәпир болғаны, Фиръаўндай кәпирдиң ҳаялы Асия, сондай-ақ Бийби Мәрьям бинт Имранлар ийманлы ҳәм солиҳ ҳаял болғаны баян етилген.
[2] 1-аят. Пайғамбар (а.с.) бир күни Зайнаб бинт Жаҳш исимли ҳаялының алдында пал жеп, бираз иркилип қалады. Буны сезген басқа ҳаяллары – Айша менен Ҳафса аналарымыз қызғанып, оны «жазалап қойыўға» өз ара келисип алады ҳәм пайғамбар (а.с.) шығыўы менен: «Аўзыңыздан жаман ийис келмекте, не жедиңиз?» – дейди. Жаман ийисти жақтырмайтуғын Пайғамбар (а.с.) бираз ашыўланып: «Пал жеген едим», – дейди ҳәм буннан кейин пал жемеўге ант етеди (Бх.).
[3] 9-аят. Кәпир ҳәм еки жүзлилер менен мүнәсибеттиң бул дәрежеде унамсыз түс алыўына олардың өзлери себеп болғаны ҳаққында «Тәўбә» сүреси, 73-аят тәфсиринде айтып өтилди.
[4] 10-аят. Яғный, сондай уллы пайғамбарлар менен бирге турмыс қурып, бирге жасағанына қарамай, олардың ҳаяллары жаўызлығынша қалды ҳәм Аллаҳтың қәҳәрине дуўшар болды.
[5] 11-аят. Фиръаўнның ҳаялы Асия Муўсаға (а.с.) ийман келтиргенинен хабар тапқаннан кейин, күйеўи оны қатты жазалайды. Сонда ол Аллаҳ таалаға усы илтижаны етеди. «Руҳул-мааний» тәфсиринде «Духон» сүресиниң 54-аятына жазылған тәфсирде былай делинеди: «Жәннетке кәпирдиң ийман келтирип өткен ҳаялы кирсе, Аллаҳ таала оны Өзи қәлеген жәннет әҳлине ҳаяллыққа береди. Усыған муўапық, Фиръаўнның ҳаялы Асия да Муҳаммадтың (а.с.) ҳаяллары сапына қосылыўы рәўият қылынған. Сондай-ақ, бул дүньяда бир адам бир неше ҳаялға үйленген болса, олардың талақ қылынбағанлары жәннетте күйеўи менен бирге болады. Ҳаял адам бир неше күйеўге тийген болса, ол ақырғы күйеўи менен бирге болады. Күйеўге шықпай әлемнен өткен ҳаяллар, олар балағат жасына жеткен яки жетпеген болсын, Аллаҳ оны Өзи қәлеген адамға береди» (Ол.).