1. Ант етемен, таң (ўақты) менен,
2. «Он түн» менен,[2]
3. жуп ҳәм тақ пенен (нәрселер менен)
4. ҳәм өтип атырған түн менен (әлбетте, кәпирлерге жаза анық)!
5. Мине, усыларда ақыл ийеси ушын (жетерли) ант бар шығар!
6. Рәббиң Адты (қәўимин) не қылды, көрмедиң бе?!
7. (Олар) бәлент сүтинли Ирам (қаласын)да болып,
8. (басқа) журтларда оның уқсасы жаратылмаған[3].
9. Ойпатлықта үлкен тасларды (үй салыў ушын) кескен Самудты,
10. қазықлар (сарайлар) ийеси болған Фиръаўнды (қалай қыйратқанын билмейсең бе?)
11. Олар журтларда ҳәдден асып,
12. кейин, олар сол жерлерде бузғыншылықты көбейткен еди.
13. Сонда, Рәббиң олардың үстине түрли азапты жаўдырды.
14. Әлбетте, Рәббиң – (ҳәмме нәрсени) бақлап турыўшы.
15. Енди қашан инсанды Рәббиси сынаў ушын ҳүрметлеп, оған неъмат берсе, сол ўақытта ол: «Мени Рәббим (ылайық болғаным ушын) ҳүрметледи», – дейди.
16. Кейин қашан (Рәббиси) оны сынаў ушын, ырысқысын тар етип қойса, ол дәрриў: «Рәббим мени хор етти», – дейди.
17. Яқ! Керисинше сизлер жетимлерди (ҳалынан хабар алып) ҳүрметлемейсиз.
18. Бир-бириңизди мискинге аўқат бериўге қызықтырмайсыз.
19. Ал, мийрасты (өз үлесиңизге басқалардикин) қосып жейбересиз.
20. Және (өткинши екенин билип турып) мал-дүньяны қатты жақсы көресиз.
21. Яқ! Қашан Жер қатты силкингенде
22. ҳәм Рәббиң(ниң ҳүкими) ҳәм периштелер сап-сап болып келгенде,
23. сол Күни жәҳәннем де (жақын) келтирилип қойылғанда – әне сол Күни инсан (бул көргенлеринен) еслетпе алады. (Бирақ ўақыт өтип, енди) оған еслетпе қаяқта екен?!
24. Ол: «Қәне еди, мен тири ўақтымда (жақсы әмеллерди) ислегенимде!» – дейди.
25. Енди ол Күндеги (Аллаҳтың) азабындай ҳеш ким азапламайды.
26. Оның (кисен ҳәм шынжырларды) байлаўындай ҳеш ким байламайды.
27. «Ҳәй қәтержам нәпси!
28. (Берилген неъматлардан) разы болған (ҳәм Аллаҳ тәрепинен де) разы болынған ҳалда, Рәббиңе (алдына) қайт!
29. Кейин, (солиҳ) бенделериме (олардың қатарына) кир
30. ҳәм жәннетиме кир!»[4]
[1] 89. ФАЖР СҮРЕСИ
«Фажр» – таң намазының ўақты.
Сүреде Фиръаўн, Ад ҳәм Самуд қәўимлери уқсаған кәпирлердиң қылмыслары, байлыққа меҳир қоймаў зәрүрлиги, қыямет ҳәдийселери, инсанның нашүкирлиги, жәннет әҳлинен болыў ушын қандай ислер қылыў лазымлығы хаққында түсиник бериледи.
[2] 2-аят. Бул аяттағы «Он түн» дегенде Зулҳижжа айының яки Муҳаррам айының биринши он күнлиги ямаса Рамазан айының үшинши он күнлиги деген тәфсир бар.
[3] 7-аят. Ирам яки Эрам – Нуҳ (а.с.) әўладларынан болған шаҳтың аты. Оның аты менен қала, бағ ҳәм қәўим аталған.
Рәўиятларға қарағанда, Адтың еки улынан бири Шаддад аспанда Аллаҳ теңсиз бағ-жәннет бина еткен деп еситкеннен кейин, Оның менен теңлесиў нийетинде Адн (Йемен) саҳрасында бир таң қаларлық бағ қурдырған. Бағ 300 жылда питкен. Адтың өзи 900 жыл өмир көрген. Бирақ, тәкаббырлық пенен қурған бағын көриў өзине несип етпеген. Көриў ушын ләшкер тартып кетип баратырғанында, ярым жолда Аллаҳ тәрепинен жиберилген қатты боранға ушырап набыт болған. Кейин ала «Бағы Эрам» қосық ҳәм дәстанларда тымсалға айланып кеткен.
[4] 30-аят. Бул гәп Аллаҳ таала тәрепинен мөмин адамға өлими алдынан яки жәннетке кириўи қарсаңында яки қыяметте қәбиринен турыўында айтылады (Мд.).