1. (Ҳәй Муҳаммад!) Усы қала (Мәккә) менен ант етемен,
2. сен усы қалада турыўшы болған ҳалыңда,
3. және әке ҳәм бала (Адам ҳәм оның зүрядлары) менен ант етемен,
4. ҳақыйқатында да, инсанды (дин ҳәм дүнья ислеринде мийнет ҳәм) машақатта (болыўы ушын) жараттық.
5. Ол өзине (жынаятшылар ушын жаза бериўге) ҳеш кимниң күши жетпейди, – деп ойлай ма?!
6. Ол (мақтанып): «Көп мал-дүньяны (таўдым ҳәм сарплап) жоқ еттим», – дейди.
7. Оны ҳеш ким көрмеген, деп ойлай ма?
8. Биз оған еки көзди (пайда) қылдық ғой,
9. тил ҳәм еки еринди де?!
10. Және оны еки бәлентликке (еки түрли жолға) жоллап қойдық ғой![2]
11. Енди ол (Аллаҳ жолында бир) тосықты асып өтпеди.
12. (Ҳәй Муҳаммад!) Тосық(тан асып өтиў) не екенин қаяқтан да билер едиң?!
13. (Ол) мойынды (қулды) азат етиў,
14. ямаса ашлық күнинде (мүтәжлерге) аўқат бериў.
15. (Ол) ағайин жетим болсын
16. ямаса топырақлы (хор) мискин.
17. Соң, (усы адам) ийман келтирген ҳәм бир-бирин сабырға шақырған, бир-бирин мийримли болыўға шақырған болады.
18. Әне солар – (пазыйлетлерге ийе болған) «оң тәреп ийелери».
19. Ал, аятларымызды инкәр еткенлер – «шеп тәреп ийелери».
20. Оларға (қыямет күни) қамтып алыўшы (дозақ) бар.
[1] 90. БАЛАД СҮРЕСИ
«Балад» – қала, бул жерде Мәккә қаласы нәзерде тутылған.
[2] 10-аят. Еки бәлентлик дегенде еки жол нәзерде тутылған. Яғный, ҳидаят ҳәм адасыў жоллары.