Қураны кәрийм аўдармасы

Муззаммил

Меҳрибан ҳәм Рейимли Аллаҳтың аты менен (баслайман).

1. Ҳәй (кийимлерине) оранып алған (Муҳаммад!)

2. Түнде (уйқыламай, намазға) тур! Тек азырақ (уйқылаўға ўақыт қалсын!)

3. Ярымы (қалсын) ямаса оннан да бираз кемейтиң!

4. Ямаса оған (бираз ўақыт) қос (ярымынан көбирегинде уйқылаң) ҳәм Қуранды «тартийл» менен (дана-дана етип) тиләўат ет!

5. Әлбетте, Биз саған аўыр Сөзди (Қуранды) түсирежақпыз.

6. Әлбетте, түнде (ибадат ушын) турыў ис-ҳәрекетте қыйынырақ, (бирақ) сөйлеў (қирәәт етиў) жағынан қолайлырақ.

7. Әлбетте, күндиз сениң (елшиликти жеткизиўдей) даўамлы ислериң бар.

8. Рәббиңниң атын (мудамы) зикир ет ҳәм Оған пүткиллей ажырал!

9. (Ол –) Шығыс ҳәм Батыстың Рәббиси. Оннан басқа илаҳ жоқ. Солай екен, Оны қорғаўшы етип ал!

10. Олар (мушриклер) айтып атырған сөзлерге (азарларына) сабыр ет ҳәм оларды шырайлы көринисте тәрк ет!

11. (Сени) өтирикшиге шығарыўшы неъматлардан пайдаланып отырғанларды Маған қойып бер ҳәм оларға азырақ мәўлет бер!

12. Әлбетте, Бизиң алдымызда кисенлер ҳәм жәҳәннем бар

13. ҳәм (тамаққа) тығылатуғын (ириң ямаса қан киби) «аўқат» ҳәм аўыртыўшы азап бар.

14. Ол күни Жер ҳәм таўлар ләрзеге келеди ҳәм таўлар тозып кетиўши қумтөбелерге айланады.

15. (Ҳәй Мәккә халқы!) Әлбетте, Биз сизлерге, Фиръаўнға пайғамбарды жибергенимиздей, сизлер ҳаққыңызда гүўалық бериўши пайғамбарды (Муҳаммадты) жибердик.

16. (Сонда,) Фиръаўн пайғамбарға (Муўсаға) бойсынбады, кейин Биз оны қатты услаў (жазалаў) менен туттық.

17. Егер сизлер кәпир болсаңыз, (өз қорқынышы менен) балалардың да шашларын ағартып (қартайтып) жиберетуғын Күннен (қыямет азабынан) қалай сақланасыз?!

18. Ол (қорқыныш) себепли аспан да жарылады, (Аллаҳтың) ўәдеси – болыўшы.

19. Әлбетте, булар (аятлар) еслетпе, солай екен, ким қәлесе, (усы еслетпелерден тәсирленип,) Рәббиси тәрепке жол алады.

20. (Ҳәй Муҳаммад!) Әлбетте, Рәббиң сен ҳәм сениң менен бирге болған бир топар (саҳабаларыңыз) түнниң үштен биринен азырағында ҳәм (арасында) ярымында, (арасында) үштен биринде (уйқыламай, намазда) турыўыңызды биледи. Түнниң де, күндиздиң де (муғдарын) Аллаҳ белгилейди. Ол есаплай алмаўыңызды билип, тәўбелериңизди қабыл етти. Солай екен, (түнлери намазларыңызда) Қураннан (өзлериңизге) аңсат болған дәрежеде оқың! Ол сизлердиң араңызда кеселлер болыўын, басқалар Аллаҳтың кеңшилигин (ырысқысын) қәлеп, Жер бетинде сапар қылыўын, ал және басқалар Аллаҳтың жолында урыс қылыўын билген. Солай екен, (қыйналмай Қураннан) аңсат болғанынша оқый бериң! Намазды кәмил оқың, зәкатты (өз орнына) бериң ҳәм (мискинлерге садақа бериў менен) Аллаҳға «жақсы қарыз» бериң! Өзлериңиз ушын ислеген жақсылықты (қыямет күни) Аллаҳтың алдында оннан да жақсырақ ҳәм үлкенирек саўап ҳалында табасыз. Аллаҳтан мағфират сораң! Әлбетте, Аллаҳ – Кеширимли, Рейимли.



[1] 73. МУЗЗАММИЛ СҮРЕСИ

«Муззаммил» – оралып алған, яғный, бир нәрседен қорққан адам араблардың әдети бойынша кийим яки төсеклерге оралып алады екен. Пайғамбарымыз (а.с.) да мушриклердиң берген азапларынан қапа болып оралып жатқанында, усы сүрениң аятлары нәзил болған.

Онда Расулға (а.с.) Аллаҳ таала түнги ибадат қағыйдаларынан тәлим береди. Түнди тек уйқы менен де емес яки тек ибадат пенен де емес, ал ҳәр екеўине де белгили ўақыт ажыратыў туўралы көрсетпе бериледи. Қураны кәриймди Жәбрайыл (а.с.) аят-аят, сүре-сүре көринисинде Пайғамбарға (а.с.) алып келгенде, оны қабыл етиў барысы қаншелли аўыр кешсе, олардағы ҳүкимлерди өмирге енгизиў оннан да аўыр кешетуғын еди.