1. Аспанлардағы нәрселер де, Жердеги нәрселер де Аллаҳға тасбиҳ айтты. Ол – Қүдиретли, Ҳикметли.
2. Ҳәй ийман келтиргенлер! Сизлер не ушын өзлериңиз қылмайтуғын нәрсени (қылдық ямаса қыламыз деп) айтасыз?!
3. Сизлер өзлериңиз қылмайтуғын нәрсени (қыламыз, деп) айтыўыңыз – Аллаҳтың алдында үлкен ғәзеп(ке себеп болады).
4. Әлбетте, Аллаҳ Өзиниң жолында мисли тутасып кеткен имаратлардай сап тартып, урыс қылатуғынларды жақсы көреди.
5. Еслең, Муўса өз қәўимине: «Ҳәй қәўимим! Не ушын сизлер Аллаҳтың (сизлерге жиберген) Пайғамбары екенимди билип турып, маған азар бересиз?», – деген еди. Кейин, олар (туўры жолдан) бурылған еди, Аллаҳ олардың кеўиллерин (ҳидаяттан) бурып қойды. Аллаҳ фасықлар (кәпирлер) қәўимин ҳидаят қылмайды.
6. Еслең, Ийса ибн Мәрьям: «Ҳәй Исрайыл әўлады! Әлбетте, мен Аллаҳ сизлерге жиберген Пайғамбарман. (Мен) өзимнен алдын келген Таўратты тастыйықлаўшы ҳәм меннен кейин келетуғын Аҳмад атлы Пайғамбардың хош хабарын бериўшимен»[2], – деген еди. Қашан ол (Ийса) оларға (пайғамбар екенине) ҳүжжетлер (мөжизалар) менен келгенде, олар: «Бул – анық сыйқыр», – деди.
7. Өзи Исламға шақырылып турғанда (оны қабыл етиў орнына) Аллаҳға өтирикти тоқып турғаннан да залымырақ ким бар?! Аллаҳ залымлар (кәпирлер) қәўимин ҳидаят қылмайды.
8. Олар аўызлары (бийҳуўда гәплери) менен Аллаҳтың нурын (Исламды) өширмекши болады. Ал, Аллаҳ – кәпирлер жақтырмаса да Өзиниң нурын (динин) кәмил етиўши.
9. Мушриклер қәлемесе де, Ол Өзиниң елшисин ҳидаят ҳәм ҳақ дин менен ҳәмме динлерден үстин етиў ушын жиберген.
10. Ҳәй ийман келтиргенлер! Сизлерге аўыртыўшы азаптан қутқарыўшы «саўда»ны көрсетейин бе?
11. (Сол «саўда» мыналар:) Аллаҳға ҳәм Оның пайғамбарына ийман келтиресиз ҳәм де Аллаҳтың жолында мал-мүликлериңиз ҳәм жанларыңыз бенен жиҳад қыласыз. Егер билсеңиз, усылар – сизлер ушын жақсы (ис)[3].
12. (Егер усылай етсеңиз, Аллаҳ) сизлердиң гүналарыңызды кеширеди ҳәм сизлерди астынан дәрьялар ағып туратуғын жәннетлерге ҳәм мәңги жәннеттеги жақсы орынларға киргизеди. Бул – уллы утыс.
13. (Аллаҳ сизлерге) және басқа сизлер жақсы көретуғын (бир неъматты да береди, ол –) Аллаҳ тәрепинен болатуғын жәрдем ҳәм жақын(да әмелге асатуғын) фатҳ[4]. (Ҳәй Муҳаммад!) Мусылманларға (усы) хош хабарды жеткиз!
14. Ҳәй ийман келтиргенлер! Аллаҳтың жәрдемшилери болың! Ийса ибн Мәрьям ҳаўарийлерге: «Аллаҳға (Оның динине шақырыўымда) ким мениң жәрдемшилерим болады?» – дегенде, ҳаўарийлер: «Бизлер Аллаҳтың (динине) жәрдем бериўшилеримиз», – дегенлериндей. Сонда, Исрайыл әўладынан бир топары (Ийсаға) ийман келтирди ҳәм бир топары кәпир болды. Кейин Биз ийман келтиргенлерди душпанлары үстинен қоллап-қуўатладық (күшли еттик). Соң олар жеңиске еристи.
[1] 61. СОФ СҮРЕСИ
«Соф» – сап тартып турыў.
Сүреде Муўса ҳәм Ийса (а.с.)лардың өз қәўимлеринен азарланыўы, Муҳаммадтың (а.с.) ақырғы пайғамбар қылып жиберилиўи ҳаққында Ийсаның (а.с.) берген хош хабары, Аллаҳ дининиң раўажланыўы ушын исленетуғын ҳәрекетлер ҳаққында мағлыўматлар бериледи.
[2] 6-аят. Ийса (а.с.) Исрайыл әўладынан шыққан пайғамбарлардың ең ақырғысы сыпатында Муўсаның (а.с.) Таўрат китабындағы Таўҳид дини ҳәм шәрияттың көп бөлегин тастыйықлаған ҳалда өзине нәзил етилген Инжил китабында ақырғы пайғамбар – Муҳаммад (а.с.) ҳаққында хош хабар берген. Расулдың (а.с.) мүбәрек исимлеринен бири Аҳмад есапланады.
[3] 11-аят. Жиҳад ҳаққында «Тәўбә» сүресиниң 88-аятына қаралсын.
[4] 13-аят. Ол Мәккә фатҳы болып, бул ўақыя ҳижраттың сегизинши жылы жүз берди. Мәккә әҳли қураллы соқлығысыўсыз өз ықтыяры менен исламға кирди.