Қураны кәрийм аўдармасы

Қориа

Меҳрибан ҳәм Рейимли Аллаҳтың аты менен (баслайман).

1. (Ол –) соққы бериўши.

2. Соққы бериўши не?!

3. (Ҳәй Муҳаммад!) Соққы бериўши не екенин саған не билдирди?! (Ол – қыямет күни)

4. Ол Күни адамлар тозаңғып кеткен жарғанаттай болады.

5. Ал, таўлар титилген жүндей (ҳаўада ушып жүретуғын) болады.

6. Енди (сол күни) кимниң тәрезиси (саўаплы ислери) аўыр келсе,

7. онда ол разы болатуғын өмирде (жәннетте) болады.

8. Бирақ, кимниң тәрезиси (саўаплы әмеллери) жеңил келсе

9. онда, оның орны – (дозақтағы) «жарлық».

10. Оның не екенин саған не билдирди?!

11. (Ол – дозақтағы) лаўлап жаныўшы жалын.



[1] 101. ҚОРИА СҮРЕСИ

«Қориа» – соққы бериўши, яғный қыямет. Себеби, ол инсанлар кеўлин ләрзеге келтирип, қорқынышқа салады.

Сүреде мәҳшардағы адамлардың жарғанатлардай тозып жүриўи, таў-таслар соншелли аўыр дене болыўына қарамай, Аллаҳтың әмири менен тозғыған жүн киби тозаңға айланыўы сыяқлы қыямет қубылыслары сүўретленеди. Әне сол Күни кимниң әмел тәрезиси аўыр келсе – бахытлы, жеңил келсе – бахытсыз болатуғыны ҳәм дозаққа ҳүким етилетуғыны ескертиледи.