1. Әлбетте, Биз Нуҳты: «Қәўимиңди оларға аўыртыўшы азап келиўинен алдын ескерт!» – деп өз қәўимине (пайғамбар етип) жибердик.
2. Ол айтты: «Ҳәй қәўимим! Әлбетте, мен сизлер ушын (жиберилген) анық ескертиўшимен.
3. Аллаҳға ибадат қылың, Оннан қорқың ҳәм маған бойсының!
4. (Сонда Аллаҳ) сизлердиң гүналарыңыздан өтеди ҳәм сизлерди белгиленген мүддетке шекем қалдырады. Егер билсеңиз, әлбетте, Аллаҳтың (белгилеп қойған) мүддети кешиктирилмейди».
5. (Ол және) айтты: «Я Рәббим! Мен қәўимимди күни-түни (ийманға) шақырдым.
6. (Бирақ,) мениң шақырығым оларға тек (ийманнан) қашыўды ғана зыяда қылды.
7. Қашан мен оларды Сениң кешириўиң ушын (дин жолына) шақырсам, олар (еситпеў ушын) бармақларын қулақларына тығып, кийимлерине оранып алады ҳәм (күпирлигинде) қатты турып, (маған бойсыныўға) тәкаббырлық етеди.
8. Соң мен оларды (ийманға) ашық ҳалда шақырдым.
9. Соң мен оларға (өз шақырығымды) жәрия да еттим, жасырын ҳалда да еттим.
10. Сонда оларға айттым: «Рәббиңизге истиғфар айтың! Әлбетте, Ол – (бенделерине) Кеширимли.
11. (Сонда истиғфар айтсаңыз,) ол аспаннан үстиңизге (берекетли) көп жаўын жаўдырады,
12. сизлерге мал-дүнья ҳәм бала-шаға менен жәрдем береди. Сизлер ушын бағларды (пайда) етеди ҳәм дәрьяларды (пайда) етеди.
13. Сизлерге не болды? Аллаҳты уллылаўды (ибадат қылыўды) ойламайсыз?!
14. Ол сизлерди (ана қарнындағы ўақтыңыздан баслап) басқышпа-басқыш жаратты.
15. Аллаҳ жети аспанды қалай қабат-қабат етип жаратқанын көрмедиңиз бе?
16. Олардың ишинде Айды нур етип[2] ҳәм Қуяшты шырақ етип қойды.
17. Аллаҳ сизлерди (Адамды) жерден өндирди (пайда етти).
18. Соң (қайтыс болғаныңызда) сизлерди және оған (Жерге) қайтарады ҳәм (қыяметте) және шығарады.
19. Аллаҳ сизлерге жерди төсек етти,
20. ондағы кең жоллардан жүриўиңиз ушын».
21. Нуҳ (және): «Я Рәббим! Әлбетте, олар маған бойсынбады, (тапқан) мал-дүньясы ҳәм бала-шағасы өзине тек зыянды ғана зыяда қылатуғынларға ерип кетти», – деди.
22. (Олар) жүдә үлкен ҳийле иследи.
23. (Өзлерине ергенлерге): «Сизлер өз илаҳларыңызды сирә тасламаң! Әлбетте, «Ўад»ты да, «Суўаъ»ты да, «Яғус»ты да, «Яъуқ»ты да ҳәм «Наср»ды да сирә тасламаң», – деди[3].
24. Ҳақыйқатында да, олар (Нуҳ қәўиминиң кәпирлери) көплерди (адамларды) жолдан адастырды. «(Я Рәббим!) Залымларға тек адасыўды ғана зыяда қыл!» (– деди Нуҳ).
25. Олар қәтелери себепли шөктирилди, (суў бәлесинен) кейин, отқа киргизилди[4]. Енди олар өзлерине Аллаҳтан басқа жәрдемши таба алмайды.
26. Нуҳ айтты: «Я Рәббим! Жер бетинде кәпирлерден бир (тири) жүриўшини де қалдырма!
27. Себеби, егер Сен оларды қалдырсаң, бенделериңди жолдан адастырады ҳәм тек фасық, нашүкирлерди ғана туўады.
28. Я Рәббим! Мени, ата-анамды, үйиме ийман менен киргенлерди ҳәм ийманлы еркеклер ҳәм ийманлы ҳаялларды кешир! Ал, залымларға тек қыйралыўды ғана зыяда қыл!»
[1] 71. НУҲ СҮРЕСИ
Сүреде Нуҳ (а.с.) өз қәўимин ийманға шақырған ўақытлары олардан көрген жәбир-жапалары ҳәм ақыры таўфиқ таппаған кәпир қәўимлериниң бузғыншылығы ҳәўиж алып кеткеннен кейин оларды ғарғағаны туўралы аятлар баян етилген.
«Анкабут» сүресиниң 14-аятына қарағанда Нуҳ (а.с.) 950 жыл пайғамбарлық еткен. Ақыры Аллаҳ тәрепинен топан суў бәлеси жиберилип, күпир ҳәм зулым ийелери биротала набыт етиледи.
Нуҳтың (а.с.) неше жыл өмир көргени туўралы ҳәр қыйлы тәфсирлер бар.
[2] 16-аят. тәфсирлерде жазылыўынша, Ай биринши, ал Қуяш төртинши аспанда нур таратып турады. Абдуллаҳ ибн Аббастан (рз.) қылынған рәўиятта айтылыўынша, Айдың да, Қуяштың да жүз (алды) тәрепи аспанға, арқа тәрепи Жерге қарап турады (Мд.).
[3] 23-аят. Ўадд, Суўаъ, Яғус, Яъуқ, Наср – Нуҳ қәўиминиң сыйынатуғын қудайларының атлары болып есапланады.
[4] 25-аят. Бул қәбир азабына дәлил болатуғын аятлардан есапланады.