1. Ҳәй ийман келтиргенлер! Келисимлерге опа қылың! Сизлер ушын шарўа (үй) ҳайўанлары (гөши) ҳадал болынды. Сизлерге (төменде атлары) оқылатуғын (ҳайўан)лар ондай емес[1]. Иҳрамда (ҳаж ибадатында) болған ўақтыңызда аң (аўлаў)ды ҳадал санамаң. Әлбетте, Аллаҳ Өзи қәлеген нәрсесин ҳүким қылады.
2. Ҳәй ийман келтиргенлер! Аллаҳтың (ҳажға тийисли) уранларын, «Ҳарам ай» (ҳаж айлар)ды, қурбанлықларды, (оларға тағып қойылған) тағыншақларды, Рәббисинен кеңшилик ҳәм разылық тилеп Байтул Ҳарам (Кааба)ға барыўшыларды (оларға қарсылық етиўди) ҳадал санамаң! (Иҳрамнан шығып) ҳадал (қылынған жағдай)ға шықсаңыз, онда, аң аўлай бериң. Сизлерди Масжидул Ҳарамнан тосқаны ушын бир қәўимди жаман көриўиңиз оларға қарсы душпанлық қылыўыңызға алып бармасын![2] Жақсылық ҳәм тақўа (жолын)да бирге ислесиң, гүна ҳәм душпанлық жолында бирге ислеспең! Аллаҳтан қорқың! Әлбетте, Аллаҳтың азабы қатты.
3. Сизлерге өлимтик, қан, шошқаның гөши, Аллаҳтан басқаның аты менен сойылған, буўылып өлген, урып өлтирилген, жығылып өлген, сүзип өлтирилген ҳәм жыртқыш ҳайўан (бир бөлегин) жеген (ҳайўанлар) ҳарам қылынды. Тек, (шәриятқа муўапық) сойып алсаңыз (ҳадал болады)[3]. Және бутларға атап сойылған ҳайўанлар да, шөплер менен пал ашыўыңыз[4] да (ҳарам қылынды). Бундай қылыўыңыз фасықлық есапланады. Бүгин күпир келтиргенлер диниңизден (оның жеңилиўинен) үмит үзди. Соның ушын олардан қорықпаң, Меннен қорқың! Бүгин Мен сизлердиң диниңизди кәмил қылып бердим, сизлерге неъматымды толық бердим, сизлерге Исламның дин болыўына разы болдым. Ким гүнаны қәлемеген ҳалында ашлықта (усы айтылған нәрселерди жеўге) мәжбүр болса, әлбетте, Аллаҳ – Кеширимли, Рейимли.
4. Сеннен өзлерине ҳадал қылынған нәрселер ҳаққында сорайды. Сен: «Сизлерге пәк нәрселер ҳәм Аллаҳ сизлерге билдирген (илим)инен сизлер (қолға) үйреткен жыртқышлар (әкелген аңлар) ҳадал қылынды. Солай екен, олар әкелген нәрселерден (аңлардан) «Бисмиллаҳ»ты айтып жең[5] ҳәм Аллаҳтан қорқың! Әлбетте, Аллаҳ есап-санақты тез қылыўшы», – деп айт!
5. Бүгин сизлерге пәк нәрселер ҳадал қылынды. Сондай-ақ, Китап берилгенлердиң аўқаты сизлер ушын ҳадал ҳәм сизлердиң аўқатыңыз да олар ушын ҳадал. Зинакәрлық ҳәм жасырын ойнас қылып алыў ушын емес, ал мәҳрлерин берсеңиз, мөмин ҳаяллардың пәклери ҳәм сизлерден алдынғы Китап берилгенлердиң пәк ҳаяллары (да сизлерге ҳадал.) Ким ийманды инкәр етсе, оның (қылған саўаплы) иси бийҳуўда кетеди ҳәм ақыретте ол зыян көриўшилерден болады.
6. Ҳәй ийман келтиргенлер! Намаз (оқыў)ға турсаңыз, онда, (дәслеп) жүзлериңизди, қолларыңызды шығанақлары менен қосып, аяқларыңызды тобықлары менен қосып жуўың. Басларыңызға масҳ тартың. Егер жунуб болсаңыз, онда толық пәклениң (ғусыл қылың). Егер кесел ямаса сапарда болсаңыз яки бириңиз ҳәжетханадан келсе ямаса ҳаялларға жақынлық қылған болсаңыз, кейин суў табалмасаңыз, онда, пәк топырақ пенен таяммум қылып, оннан жүзиңиз ҳәм қолларыңызға масҳ тартың. Аллаҳ сизлерге (бир де) қыйыншылық қылыўды қәлемейди. Керисинше, сизлерди пәклеўди ҳәм сизлерге Өзиниң неъматын толық қылып бериўди қәлейди. Қәнекей, шүкир қылсаңыз[6].
7. Аллаҳтың сизлерге берген неъматын, «Еситтик ҳәм бойсындық» деп келискен питимиңизди еслең ҳәм Аллаҳтан қорқың! Әлбетте, Аллаҳ – кеўиллердеги нәрсени билиўши.
8. Ҳәй ийман келтиргенлер! Аллаҳ ушын (туўрылықта) беккем турыўшы ҳәм әдалат пенен гүўалық бериўши болың. Бир қәўимди жаман көриўиңиз сизлерди оларға әдалатсызлық қылыўға алып бармасын! Әдалатлы болың! Бул – тақўаға жақын ис. Аллаҳтан қорқың! Әлбетте, Аллаҳ ислеп атырған ислериңизден хабардар.
9. Ийман келтирип, ийгиликли ислерди қылғанларға Аллаҳ кеширимди ҳәм үлкен сыйлықты ўәде берди.
10. Ал, күпир келтиргенлер ҳәм аятларымызды жалғанға шығарғанлар, әне солар – дозақ ийелери!
11. Ҳәй ийман келтиргенлер! Аллаҳтың сизлерге берген неъматын еслең! Бир қәўим (адамлары) сизлерге қол көтермекши (ҳүжим қылмақшы) болғанда, (Аллаҳ) олардың қолларын сизлерден қайтарған еди[7]. Аллаҳтан қорқың! Мөминлер тек Аллаҳға ғана тәўекел қылсын!
12. Ҳақыйқатында да, Аллаҳ Исрайыл әўладынан келисим алды. Биз олардан он еки жолбасшыны (таңлап) жибердик[8]. Аллаҳ: «Әлбетте, Мен сизлер менен биргемен. Егер намазды кәмил оқысаңыз, зәкатты берсеңиз, Пайғамбарларыма ийман келтирсеңиз, оларды ҳүрметлеп, мәдет берсеңиз ҳәм (саўаплы ислер қылып) Аллаҳға шырайлы «қарыз» берсеңиз, әлбетте, сизлердиң гүналарыңызды кеширемен ҳәм сизлерди астынан дәрьялар ағып туратуғын жәннетке киргиземен. Солай екен, буннан кейин де сизлерден ким күпир келтирсе, онда ол ҳақыйқатында да, туўры жолдан адасқан болады», – деди.
13. Келисимин бузғаны ушын оларды нәлетледик ҳәм жүрегин тас (мийримсиз) қылып қойдық. Сөзлерди орынларынан өзгертеди. Өзлерине еслетпе болған нәрседен (үлкен) бир бөлегин умытты. Азғантай бөлегинен басқаларының мудамы қыянет қылып атырғанын көресең. Енди оларды әпиў ет ҳәм кешир![9] Әлбетте, Аллаҳ ийгиликли ис қылыўшыларды жақсы көреди.
14. «Биз насранийлермиз», дегенлердиң (де) келисимлерин алдық[10]. Ал, олар өзлерине еслетпе болған нәрседен (үлкен) бир бөлегин умытты. Кейин Биз олар арасында қыямет күнине шекем душпанлық ҳәм жаман көриўди қоздырдық[11]. Әлбетте, Аллаҳ жақында оларға қылған ислери ҳаққында хабар береди.
15. Ҳәй китап ийелери! Ҳақыйқатында да, Пайғамбарымыз (Муҳаммад) келип сизлерге Китаптағы жасырған көплеген нәрселериңизди (аятларды) баян етпекте ҳәм (қәтелериңиздиң) көбисин әпиў етпекте. Ҳақыйқатында да, сизлерге Аллаҳтан Нур[12] ҳәм айдын Китап келди.
16. Аллаҳ оның менен Өзиниң разылығын қәлегенлерди тынышлық ҳәм саламатлық жолларына баслап, оларды Өзиниң руқсаты менен қараңғылықлардан нурға шығарады ҳәм туўры жолға ҳидаят қылады.
17. Ҳақыйқатында да, «Аллаҳ – Мәрьямның баласы Масийҳ», – дегенлер кәпир болды. Оларға: «Егер Аллаҳ Масийҳ ибн Мәрьямды, оның анасын ҳәм Жер бетиндеги ҳәммени жоқ қылыўды қәлесе, ким Оны бул нәрседен тоса алады? Аспанлар ҳәм Жер ҳәм де олар арасындағы нәрселердиң бийлиги тек Аллаҳға тийисли. Ол нени қәлесе жаратады. Аллаҳ – ҳәмме нәрсеге қәдир», – деп айт!
18. Яҳудий ҳәм насранийлер: «Биз Аллаҳтың балалары ҳәм сүйиклилеримиз», – деди. Сен: «Онда неге Ол сизлерди гүналарыңыз себепли азаплайды?[13] Яқ! Сизлер де Ол (Аллаҳ) жаратқан адамлардансыз. Ол кимди қәлесе кеширеди. Кимди қәлесе азаплайды. Аспанлар, Жер ҳәм олар арасындағы нәрселердиң бийлиги Аллаҳға тийисли. Қайтып барыў – тек Оған», – деп айт.
19. Ҳәй Китап ийелери! Сизлер: «Бизлерге хош хабар келтириўши де, ескертиўши де (пайғамбар) келмеди», – дегениңиз ушын сизлерге Пайғамбарымыз (алдынғы) пайғамбарлардан бир мүддет өткеннен кейин, баян етиўши болып келди. Енди ҳақыйқатында да, сизлерге хош хабар бериўши де, ескертиўши де келди. Аллаҳ – ҳәр бир нәрсеге қәдир.
20. Муўса өзиниң қәўимине айтқанларын есле: «Ҳәй қәўимим, Аллаҳтың сизлерге берген неъматларын – сизлерден Пайғамбарлар шығарғанын, сизлерди (айырымларыңызды) патша қылғанын ҳәм әлемлерде ҳеш кимге бермеген нәрсесин сизлерге бергенин еслең![14]
21. Ҳәй қәўимим, Аллаҳ сизлерге жазған муқаддес жерге (Байтул-Мақдиске) кириң! Артыңызға қайтып кетпең, егер ондай қылсаңыз, зыян көриўшилерге айланып қаласыз».
22. Олар: «Ҳәй Муўса, ол жерде (дәў пишинли) залым қәўим бар. Олар ол жерден шықпағанша бизлер улыўма ол жерге кирмеймиз. Егер олар шықса, онда бизлер киремиз», – деди.
23. (Он еки жолбасшы ишинен Аллаҳтан) қорқатуғын ҳәм Аллаҳтың инамына ерискен еки адам[15]: «Оларға (қалаға) дәрўазадан кирип барың. Егер оған кирсеңиз, онда, әлбетте, жеңесиз. Егер мөмин болсаңыз, онда Аллаҳға тәўекел қылың!» – деди.
24. Олар: «Ҳәй Муўса, олар ол жерде болар екен, бизлер улыўма ол жерге кирмеймиз. Сен Рәббиң менен барып, екеўиңиз (олар менен) урысың. Бизлер мына жерде отырамыз», – деди[16].
25. (Муўса): «Я Рәббим, әлбетте, мен тек өзим ҳәм әжағама (Ҳарунға) ийелик етемен. Өзиң бизлер менен фасық қәўимниң арасын ажыратып қой!» – деди.
26. (Аллаҳ): «Әлбетте, бул жер (Байтул-Мақдиске кириў) оларға қырық жылға шекем ҳарам. Олар Жер бетинде посып жүреди. Фасық қәўим ушын қапа болма», – деди[17].
27. Оларға Адамның еки баласының (Қабыл ҳәм Абылдың) хабарын ҳақыйқаты менен оқып бер! Екеўи қурбанлық қылғанда, биреўинен қабыл етилди, екиншисинен қабыл етилмеди. (Қурбанлығы қабыл болмаған Қабыл үкеси Абылға): «Әлбетте, мен сени өлтиремен», – дегенде, (Абыл) былай деди: «Әлбетте, Аллаҳ (қурбанлықты) тақўалылардан ғана қабыл етеди.
28. Егер сен мени өлтириў ушын маған қолыңды көтерсең де, мен сени өлтириў ушын саған қолымды көтермеймен. Мен әлемлердиң Рәббиси – Аллаҳтан қорқаман.
29. Мен, әлбетте, мениң гүнамды да, өзиңниң гүнаңды да алып кетиўиңди, сол себепли дозақы болыўыңды қәлеймен. Залымлардың жазасы – усы».
30. Сонда, нәпси оған инисин өлтириўге мәжбүр қылды. Кейин, оны өлтирди. Сол себепли ол зыян көриўшилерден болды.
31. Соң, инисиниң өлигин қалай көмиў керек екенлигин көрсетиў ушын Аллаҳ оған жерде айланып жүрген бир ғарғаны жиберди. Ол: «Маған ўайл болсын! Усы ғарға қурақым бола алмадым ба? Енди (мен де) инимниң өлигин көмейин» – деди. Кейин, ол пушайман болыўшылардан болып қалды[18].
32. Соның ушын да (биринши адам өлтириў себепли) Исрайыл әўладына (мынандай ҳүкимди): «Ҳеш кимди өлтирмеген ямаса Жер бетинде бузғыншылық қылмаған инсанды өлтирген адам, ҳәмме адамларды өлтирген киби болады. Оны тирилтсе (өмирин сақлап қалса), мисли ҳәмме адамларды тирилткендей болады»[19], – деп жаздық. Ҳақыйқатында да оларға Пайғамбарларымыз ҳүжжетлерди алып келди. Соң, буннан кейин де, олардан көбиси Жер бетинде ысырап қылыўшылардан болды.
33. Аллаҳға ҳәм Оның Пайғамбарына қарсы урыс қылыўшылардың, Жер бетинде бузғыншылық қылыўшылардың жазасы – өлтирилиў ямаса (қол аяғы) керип шегелениў яки қол-аяқлары қарама-қарсы тәрептен кесилиў яки (Ўатаннан) сүргин қылыў. Мине, усы (жазалаў түрлери) оларға бул дүньяда ар болады, ал ақыретте оларға үлкен азап бар.
34. Тек оларға (жаза бериўге) қәдир болыўыңыздан алдын тәўбе қылғанлар ондай емес. Билиң, әлбетте, Аллаҳ – Кеширимли, Рейимли[20].
35. Ҳәй ийман келтиргенлер! Аллаҳтан қорқың ҳәм Оған (жақынластырыўшы саўаплы ислерден) жол табың ҳәм Оның жолында (ибадатында) тырысың. Қәнекей, (сонда ақыретте) утысқа ериссеңиз.
36. Егер күпир келтиргенлердиң қолында Жер бетиндеги ҳәмме нәрсе ҳәм және сол қурақым нәрсе болып, оны қыямет күни азабынан қутылыў ушын төлем қылып берсе де, олардан қабыл етилмейди. Оларға аўыртыўшы азап бар.
37. Олар дозақтан шығыўды қәлейди. Бирақ, оннан шыға алмайды. Оларға турақлы азап бар.
38. Уры еркек ҳәм уры ҳаялдың қолын кесиң![21] Бул – олардың қылған ислери ушын жаза ҳәм Аллаҳтың азабы. Аллаҳ – Қүдиретли, Ҳикметли.
39. Ким (бул) зулымынан кейин тәўбе қылса ҳәм (өзин) дүзетсе, Аллаҳ, әлбетте, оның тәўбесин қабыл етеди. Әлбетте, Аллаҳ – Кеширимли, Мийримли.
40. Аспанлар ҳәм жердиң бийлиги Аллаҳға тән екенлигин, Ол кимди қәлесе азаплайды, кимди қәлесе кешириўин билмейсиз бе?! Аллаҳ – ҳәмме нәрсеге қәдир.
41. Ҳәй Пайғамбар! Аўызлары менен «Ийман келтирдик» деп, кеўиллери менен ийман келтирмегенлер ҳәм яҳудий болғанлардан (бир бөлеги) күпирге умтылып атырғаны сени қапа етпесин! Олар өтирик (тоқыў) ушын (гәплериңди) еситип алыўшы ҳәм алдыңа келмеген, өз орнына қойылған сөзлерди (кейин) өзгертетуғын басқа қәўим ушын (гәпиңизди) еситип алады. Олар: «Егер сизлерге мынаў (өзгертилген ҳүким) берилсе, (қабыл етип) алың, егер бул берилмесе, сақланың!» – дейди. Аллаҳ кимди сынаўды қәлесе, сен оны Аллаҳ тәрепинен болатуғын бир де нәрседен тоса алмайсаң. Аллаҳ әне солардың кеўиллерин пәклеўди қәлемеди. Оларға бул дүньяда шерменделик бар. Ақыретте оларға үлкен азап бар[22].
42. (Олар) өтирикти (тоқыў ушын сени) еситетуғынлар ҳәм ҳарамды (параны) жеўшилер. Егер саған (ҳүким сорап) келсе, арасында ҳүким шығар ямаса олардан жүз бур! Егер олардан жүз бурсаң да, саған ҳеш қандай зыян келтире алмайды. Егер ҳүким қылсаң, араларында әдалат пенен ҳүким қыл! Әлбетте, Аллаҳ әдалат қылыўшыларды жақсы көреди[23].
43. Өзлеринде Аллаҳтың ҳүкими болған Таўрат болып турып, қалайынша сени ҳүким шығарыўға шақырады? Соң оннан жүз бурады (шығарған ҳүкимиңе әмел қылмайды). Әне солар (саған да, Таўратқа да) ийман келтириўши емес.
44. Биз (оларға) Таўратты нәзил еттик. Оның ишинде ҳидаят ҳәм нур (ҳүкимлер түсиндирмеси) бар. Оның менен (Аллаҳға) итаат еткен Пайғамбарлар, заҳидлер ҳәм алымлар яҳудий болғанларға Аллаҳтың Китабынан ядлатылғанға (билимлерге) муўапық ҳүким жүритеди. Олар буған гүўа. Солай екен, (ҳәй ҳүким шығарыўшылар!) адамлардан қорықпаң, Меннен қорқың! Мениң аятларымды арзан баҳаға сатпаң![24] Ким Аллаҳ нәзил еткен нәрсе менен ҳүким қылмаса, әне солар – кәпирлер[25].
45. Биз оның ишинде (Таўратта) оларға: жанға – жан, көзге – көз, мурынға – мурын, қулаққа – қулақ, тиске – тис ҳәм жарақатларда өш (алынады), деп жаздық. Ким оны (өш алыўды) садақа қылып (кешип) жиберсе, бул – оған (гүналарына) каффарат[26]. Ким Аллаҳ нәзил еткен нәрсе менен ҳүким қылмаса, әне солар – залымлар.
46. Олардың изинен Ийса ибн Мәрьямды өзинен алдынғы (түсирилген) Таўратты тастыйықлаўшы етип жибердик ҳәм оған ишинде ҳидаят ҳәм нур болған Инжилди бердик. Ол – өзинен алдынғы Таўратты тастыйықлаўшы ҳәм тақўалылар ушын ҳидаят ҳәм нәсият (дереги).
47. Инжил ийелери оның ишиндеги Аллаҳ нәзил еткен нәрсе (аятлар) менен ҳүким қылсын! Ким Аллаҳ нәзил еткен нәрсе менен ҳүким қылмаса, онда, әне солар – фасықлар[27].
48. Саған (ҳәй Муҳаммад!) өзинен алдынғы Китапты тастыйықлаўшы ҳәм оларды муўапықластырыўшы сыпатында Китапты (Қуранды) ҳақыйқатында да нәзил еттик. Солай екен, олар арасында Аллаҳ нәзил еткен нәрсе менен ҳүким қыл. Өзиңе келген ҳақыйқаттан (шетленип), олардың қәлеўине (пикирине) ерме! Сизлердиң ҳәр бириңизге (ҳәр бир үмметке өз алдына) шәрият ҳәм жол қылып қойдық. Егер Аллаҳ қәлегенинде сизлердиң ҳәммеңизди бир үммет (бирдей шәриятта) қылып қояр еди. Бирақ, Өзи берген нәрседе (шәриятларда) сизлерди сынаў ушын (бирдей қылмады). Солай екен, қайырлы (саўаплы) ислерде ким озарға жарысың! Ҳәммеңиздиң қайтатуғын жериңиз Аллаҳға. Сол ўақытта, Ол сизлерге келисе алмаған нәрселериңиздиң хабарын береди.
49. Олар арасында Аллаҳ нәзил еткен нәрсе менен ҳүким қыл! Олардың қәлеўине (пикирине) ерме ҳәм олар сени Аллаҳ саған нәзил еткен нәрселердиң айырымларынан сени шалғытыўынан абайлы бол! Егер жүз бурса, онда бил, Аллаҳ оларды айырым гүналары себепли мүсийбетке салыўды қәлейди. Әлбетте, адамлардан көбиси фасық (итаатсыз).
50. Жәҳилият (дәўири) ҳүкимин күсей ме?! Исеними кәмил қәўимлер ушын Аллаҳтан көре ким ҳүким шығарыўда шырайлырақ екен?!
51. Ҳәй иймaн келтиргенлер! Яҳудий ҳәм насранийлерди дос тутпаң. (Олардың) айырымлары айырымларына дос. Сизлерден ким оларды дос тутса, әлбетте, ол олардан болады. Әлбетте, Аллаҳ залым қәўимлерди ҳидаят қылмайды[28].
52. Кеўиллеринде «кеселлик» бар адамлардың «Бизлерге апат жетиўинен қорқамыз», – деп олар тәрепке умтылып атырғанын көресиз. Ақыры, Аллаҳ мусылманларға жеңисти берсе ямаса Өзи тәрепинен бир буйрық берсе, кейин, (олар) өзлеринше сыр тутқан нәрселерге пушайман болып қалыўы мүмкин.
53. Ийман келтиргенлер: «Өзлерин сизлер менен биргемиз, деп Аллаҳтың аты менен тырысып ант ишкенлер мыналар ма?» – дейди. Олардың (қылған жақсы) ислери бийҳуўда кетти. Нәтийжеде, зыян көриўшилерден болады.
54. Ҳәй ийман келтиргенлер! Сизлерден ким дининен қайтса, онда (билип қойсын, сизлердиң орныңызға) Аллаҳ, әлбетте, Өзи жақсы көретуғын ҳәм олар да Аллаҳты жақсы көретуғын, мөминлерге кишипейил, ал кәпирлерден (өзлерин) жоқары тутатуғын қәўимди әкеледи. Олар Аллаҳтың жолында тырысып, маламатшының маламатынан қорықпайды[29]. Бул Аллаҳтың кеңшилиги болып, оны Өзи қәлегенине береди. Аллаҳ – Кең (қамтып алыўшы), Билиўши.
55. Әлбетте, сизлердиң досларыңыз тек Аллаҳ, Оның Пайғамбары ҳәм бойсынған ҳалда намаз оқыўшы, зәкат бериўши, ийман келтиргенлер[30].
56. Ким Аллаҳты, Оның Пайғамбарын ҳәм ийман келтиргенлерди дос тутса, онда, әлбетте, Аллаҳтың ҳизби (топары)[31] – жеңиске ерисиўши.
57. Ҳәй ийман келтиргенлер! Сизлерден алдын Китап берилгенлерден диниңизди масқаралап, ойын қылып алғанларды ҳәм кәпирлерди дос тутпаң. Егер мөмин болсаңыз, онда Аллаҳтан қорқың!
58. Егер намазға шақырсаңыз (азан айтсаңыз), олар оны масқаралап, ойын қылады. Бул олардың ақылы ислемейтуғын қәўим екенинен (дерек береди).
59. Сен: «Ҳәй китап ийелери! Аллаҳға, өзлеримизге нәзил етилген нәрсеге (Қуранға) ҳәм алдын нәзил етилген нәрсеге (Китапларға) ийман келтиргенимиз ушын ҳәм де сизлердиң көпшилигиңиз фасық болғаныңыз ушын бизлерден өш алмақшысыз ба?!» – деп айт.
60. «Сизлерге Аллаҳтың алдындағы буннан да жаманырақ «саўап»тың (жаза алыўшылардың) хабарын берейин бе? (Олар) Аллаҳтың нәлетине ушыраған, ғәзебине дуўшар болған, (олардың айырымларын) маймыл[32] ҳәм шошқаға айландырған ҳәм де шайтанға ибадат қылғанлар. Әне солар – жаман мәкандағылар ҳәм туўры жолдан азғанлар».
61. Алдыңа келсе: «Ийман келтирдик», – дейди. Олар күпир менен кирип, күпир менен шығып кетеди. Аллаҳ олар жасырған нәрсени (еки жүзлилигин) жақсы биледи.
62. Олардың көбисиниң гүнаға, душпанлыққа ҳәм ҳарам жеўге асығып атырғанын көресең. Қылып атырған ислери буншелли жаман!
63. Руўханыйлары ҳәм алымлары оларды гүна сөзлерден ҳәм ҳарам жеўден қайтарса болмай ма?! Қылып атырған өнерлери буншелли жаман!
64. Яҳудийлер: «Аллаҳтың «қолы» байланған (сықмар)», – деди. Айтқан (бул) гәплери ушын өзлериниң қоллары байлансын ҳәм нәлетке ушырасын[33]. Ҳаслында, (Аллаҳтың) «еки қолы» ашық, қәлегенинше напақа қылады. Саған Рәббиңнен нәзил етилген нәрсе (Қуран) олардың көбисиниң ҳәдден асыўын ҳәм күпирин зыяда қылады. Олардың арасына қыямет күнине шекем (даўам ететуғын) душпанлық ҳәм жек көриўшиликти салдық. Олар қашан урыс жалынын жақса, Аллаҳ оны өширеди. Олар Жер бетинде бузғыншылық (ислерин) қылып жүреди. Аллаҳ бузғыншыларды жақсы көрмейди.
65. Егер Китап ийелери ийман келтирип, тақўа қылғанында еди, әлбетте, олардың гүналарын жуўған ҳәм неъматлы жәннетке киргизген болар едик.
66. Егер олар Таўратқа, Инжилге ҳәм оларға Рәббисинен нәзил болған нәрсеге (Қуранға) әмел қылғанда еди, әлбетте, төбелеринен де (мәнаўий), аяқлары астынан да (материаллық тәрептен де) тәмийинленген болар еди[34]. Олардың ишинде орташа (ийманлы) топарлар да бар. Олардың көбисиниң қылған ислери жүдә жаман.
67. Ҳәй Пайғамбар! Саған Рәббиңнен нәзил етилген нәрсени (аятларды адамларға) жеткиз! Егер (буны) қылмасаң, Оның елшилигин (тапсырмасын) жеткизбеген боласаң. Аллаҳ сени адамлардан сақлайды[35]. Әлбетте, Аллаҳ кәпир қәўимлерди ҳидаят қылмайды.
68. Сен: «Ҳәй китап ийелери! Таўрат, Инжил ҳәм сизлерге Рәббиңизден нәзил етилген нәрселерге әмел қылмағаныңызша ҳеш нәрседе (динде) емессиз», – деп айт. Саған Рәббиңнен нәзил етилген нәрсе (Қуран) олардың көбисиниң ҳәддинен асыўын ҳәм күпирин зыяда қылады. Кәпирлердиң қәўимине қапа болма!
69. Әлбетте, ийман келтиргенлер[36], яҳудий болғанлар, собиъунлар (периштелерге сыйыныўшылар) ҳәм насранийлерден ким Аллаҳға, қыямет күнине ийман келтирсе ҳәм ийгиликли ис(лер)ди қылса, оларға (ақыретте) қәўип жоқ ҳәм олар қапа да болмайды.
70. Ҳақыйқатында да, Биз Исрайыл әўладынан келисимин алдық ҳәм оларға Пайғамбарлар жибердик. Ҳәр сапар Пайғамбар олардың нәпсилерине туўры келмейтуғын нәрсени (ҳүкимди) әкелгенде, айырымларын өтирикши қылды, айырымларын өлтирди.
71. Олар ҳеш қандай сынақ (жаза) болмайды, деп ойлап, «соқыр» ҳәм «герең» болып алды. Соң, Аллаҳ оларды кеширди. Кейин (және) олардың көбиси «соқыр» ҳәм «герең» болып алды. Аллаҳ – олардың не ислеп атырғанын көрип турыўшы[37].
72. Ҳақыйқатында да, «Аллаҳ – ол Мәрьямның баласы Масийҳ», – дегенлер кәпир болды[38]. Масийҳ ибн Мәрьям: «Ҳәй Исрайыл әўлады! Рәббим ҳәм Рәббиңиз (болған) Аллаҳға ибадат қылың! Ким Аллаҳға ширк келтирсе, әлбетте, Аллаҳ оған жәннетти ҳарам қылады ҳәм оның баратуғын жери дозақ болады. Залымларға жәрдем бериўши жоқ», – деди.
73. «Аллаҳ – үшеўдиң (Аллаҳ, Мәрьям ҳәм Ийсаның ямаса әке, бала ҳәм муқаддес руўхтың) биреўи», – дегенлер де, ҳақыйқатында да, кәпир болды[39]. Жалғыз илаҳтан басқа илаҳ жоқ. Егер айтып атырғанынан (гәпинен) қайтпаса, олардан күпир келтиргенлерин (ақыретте) аўыртыўшы азап услайды.
74. Аллаҳға тәўбе қылып, Оннан кеширим сорамай ма?! Аллаҳ – Кеширимли, Рейимли.
75. Масийҳ ибн Мәрьям тек ғана бир Пайғамбар (Аллаҳтың елшиси). Оннан алдын да Пайғамбарлар өткен. Оның анасы (болса) сыддық (ийманда садық) ҳаял. Екеўи де (адамлардай) аўқат жейтуғын еди. Биз оларға аятларды қалай баян етип берип атырғанымызға қара, кейин олардың қалай бурылып кетип атырғанына қара.
76. Сен: «Аллаҳты қойып, сизлерге зыян да, пайда да бере алмайтуғын нәрселерге ибадат қыласыз ба?» – деп айт. Аллаҳ – Еситиўши, Билиўши.
77. Сен: «Ҳәй Китап ийелери! Диниңизде наҳақлық қылып ҳәддиңизден аспаң[40]. Алдын өзлери адасып, (кейин) көпшиликти адастырып, туўры жолдан шыққанлардың ҳаўайы нәпсилерине ермең!» – деп айт.
78. Исрайыл әўладынан кәпир болғанлары Даўыт ҳәм Ийса ибн Мәрьям тили менен нәлетленди[41]. Буған олардың итаатсызлықлары ҳәм ҳәддилеринен асыўлары себеп болды.
79. Олар ислеп жүрген жаман ислеринен бир-бирин қайтармайтуғын еди[42]. Ислеп атырған ислери буншелли жаман!
80. Олардан көбисиниң кәпирлер (еки жүзлилер) менен досласқанын көресең. Оларға нәпсилери әкелген нәрсе сондай дәрежеде жаман болды, (ҳәтте) оларға Аллаҳтың ғәзебин келтирди. Олар – усы азапта мәңги қалыўшы.
81. Егер олар (ҳақыйқатында да) Аллаҳға, Пайғамбарға ҳәм оған нәзил етилген нәрсеге ийман келтирген болғанда, оларды өзлерине дос тутпаған болар еди. Бирақ, олардан көбиси – фасықлар.
82. Яҳудийлер ҳәм ширк келтиргенлердиң ийман келтиргенлерге ең жаман душпан екенин көресең. Олардан ийман келтиргенлерге дослықта жақынырағы, «Биз – насранийлермиз», – дегенлери екенин де көресең. Бул олардың ишинде диний алымлар ҳәм руўханыйлар бар екенлиги ҳәм олардың тәкаббырлық қылмаўынан.
83. Пайғамбарға (Муҳаммадқа) нәзил етилген нәрсени (Қуранды) еситкенинде, ҳақыйқатлықты аңлағанынан, олардың көзлери жасланғанын көресең. Олар айтады: «Я Рәббимиз! Бизлер (Муҳаммадқа) ийман келтирдик, енди бизлерди гүўалар менен бирге жаз!»
84. «Рәббимизден бизлерди жақсылар қәўимине киргизиўин дәме қылып турып, не ушын Аллаҳға ҳәм бизлерге келген ҳақыйқатқа (пайғамбарға) ийман келтирмейди екенбиз?!»[43]
85. Бундай дегени ушын[44] Аллаҳ оларды астынан дәрьялар ағып турған жәннетлер менен сыйлықлағай ҳәм олар ол жерде мәңги қалады. Жақсылық қылыўшылардың сыйлығы – усы.
86. Күпир келтиргенлер ҳәм аятларымызды жалғанға шығарғанлар, әне солар – жәҳәннем ийелери.
87. Ҳәй ийман келтиргенлер! Аллаҳ сизлерге ҳадал қылған пәк нәрселерди ҳарам қылмаң ҳәм ҳәддиңизден аспаң! Әлбетте, Аллаҳ ҳәддинен асыўшыларды жақсы көрмейди.
88. Аллаҳ сизлерге ырысқы етип берген ҳадал-пәк нәрселерди жең. Өзлериңиз ийман келтирген Аллаҳтан қорқың!
89. Аллаҳ сизлерди бийҳуўда антларыңыз себепли жуўапкер қылмайды. Бирақ, шын кеўилден қылған антларыңыз (бузылғаны) ушын жуўапкерликке тартады. Енди буның каффараты – шаңарағыңызды азықландырыў ушын керек азықлардан орташасы муғдарында он мискинге азық яки кийим бериў ямаса бир қул азат қылыў[45]. Ким (буларды) табалмаса, онда үш күн ораза тутыў (мүмкин). Егер ант ишкен болсаңыз, әне усы – антларыңыздың каффараты. Антларыңызды қорғаң! Аллаҳ сизлерге усындай етип Өзиниң аятларын баян етеди. Қәнекей, шүкир қылсаңыз.
90. Ҳәй ийман келтиргенлер! Әлбетте, хамр (мәс қылыўшы ишимликлер), қумар, бутлар ҳәм (пал ашатуғын) шөплер – шайтанның исинен болған ипласлық. Солай екен, оннан шетлениң. Қәнекей, утысқа ериссеңиз[46].
91. Әлбетте, шайтан хамр (мәс қылыўшы ишимликлер) ҳәм қумар арқалы араларыңызға душпанлық ҳәм жек көриўшиликти ҳәм де сизлерди Аллаҳтың зикринен ҳәм намаздан тосыўды қәлейди. Солай екен, енди (арақ ишиўден) тоқтаўшы боларсыз?*
92. Аллаҳға бойсының ҳәм Пайғамбарға бойсының ҳәм де (ҳарам қылынған нәрселерден) сақланың! Егер жүз бурсаңыз, онда билиң, Пайғамбарымызға тек анық жеткизип қойыў (жүклетилген).
93. Ийман келтирген ҳәм саўаплы ислерди қылғанлар ушын, егер тақўа қылып, ийман келтирип, жақсы ислерди қылған болса, соң (мәс қылыўшы ишимлик ҳәм қумардан) сақланып, (ҳарамды ҳарам деп) ийман келтирсе, кейин (бәрше ҳарам ҳәм шубҳалардан) сақланып, (адамларға) жақсылық қылса, (алдын) жеп-ишкен (ҳарам нәрсе)леринде гүна жоқ[47]. Аллаҳ ийгиликли ис қылыўшыларды жақсы көреди.
94. Ҳәй ийман келтиргенлер! Аллаҳ Өзинен ким көрмей турып қорқатуғынын билиўи ушын сизлерди (иҳрамдағы ҳалыңызда) қолларыңыз ҳәм найзаларыңыз жететуғын нәрсе менен аңда сынап көреди[48]. Енди буннан кейин ким ҳәддинен асса, оған аўыртыўшы азап бар.
95. Ҳәй ийман келтиргенлер! Иҳрамда болған ўақтыңызда аңды өлтирмең! Сизлерден ким оны биле тура өлтирсе, онда жазасы – сизлерден еки әдил адамның ҳүкими бойынша шарўа ҳайўанларынан оған тең келетуғынын қурбанлық қылып, Каабаға жеткизиў ямаса оның каффараты (жазасы) – мискинлерге аўқат бериў яки соның (қылмысының) жазасын тартыў ушын ораза тутыў. (Булардың ҳәммеси) қылған исиниң обалын татып көриўи ушын. Алдынғыларын (қылған жынаятларын) Аллаҳ кешип жиберди. Ким (және аң қылыўға) қайтса, Аллаҳ оннан өш алады. Аллаҳ – Қүдиретли, өш алыўшы.
96. Сизлерге ҳәм сейил қылып жүргенлерге теңиз аўы ҳәм аўқаты (балықлары) ҳадал қылынды. Иҳрамда болған ўақытыңызда сизлерге қурғақлық ҳайўанлары ҳарам қылынды. Топланыўыңыз (Оның) алдына болған Аллаҳтан қорқың!
97. Аллаҳ ҳүрметли үй болған Каабаны, «ҳүрметли ай»ды[49], қурбанлықты ҳәм (оған тийисли) белгилерди адамлар ушын тийкар қылып қойды. Ал, бул, Аллаҳ аспанлар ҳәм Жердеги нәрселерди билетуғынын, Аллаҳ ҳәр бир нәрсени билиўши екенин аңлаўыңыз ушын.
98. Билиң! Әлбетте, Аллаҳтың азабы қатты ҳәм әлбетте, Аллаҳ – Кеширимли, Рейимли.
99. Пайғамбар мойнында тек (динди адамларға) жеткизиў бар. Аллаҳ ашықтан-ашық қылған нәрселериңизди де, жасырын қылған нәрселериңизди де биледи.
100. Сен: «Егер напәкликтиң көплиги сени әжеплендирсе де пәк пенен напәк нәрсе тең болмайды», – деп айт. Ҳәй ақыл ийелери, Аллаҳтан қорқың, қәнекей (ақыретте) утысқа ериссеңиз.
101. Ҳәй ийман келтиргенлер! (Жуўабы) мәлим болса, сизлерге жақпайтуғын нәрселер ҳаққында сорай бермең. Егер Қуран нәзил болып турған ўақытта сорасаңыз, сизлерге (жуўабы) мәлим қылынады. Аллаҳ оларды (алдынғы сорағаныңызды) әпиў етти. Аллаҳ – Кеширимли, Ҳалийм.
102. Сизлерден алдын бир қәўим оларды (усы нәрселерди) сораған еди. Соң оларды тән алмаған еди[50].
103. Аллаҳ «баҳийра», «соиба», «ўасийла» ҳәм «ҳам» (сыяқлы әдетлер)ди қылмаған (буйырмаған)[51]. Бирақ, күпир келтиргенлер Аллаҳ тааланың атынан өтирикти тоқыйды. Олардың көбиси – ақылсыз.
104. Егер оларға: «Аллаҳ нәзил еткен нәрсеге (Қуранға), Пайғамбарға келиң», – делинсе, олар: «Ата-бабаларымызды не нәрсе үстинде (әдетте) тапқан болсақ, бизлерге сол жетерли», – дейди. Егер ата-бабалары ҳеш нәрсени билмейтуғын ҳәм ҳидаятты таппаған болса ше?!
105. Ҳәй ийман келтиргенлер! Өзлериңизге қараң! Егер ҳидаятта болсаңыз, олардың адасыўы сизлерге зыян бермейди[52]. Ҳәммеңиздиң қайтып баратуғын жериңиз Аллаҳға. Сол ўақытта сизлерге ислеп жүрген ислериңиз ҳаққында хабар береди.
106. Ҳәй ийман келтиргенлер! Бириңизге өлим келип, ўәсият қылып атырған ўақтыңызда өзлериңизден (мусылманлардан) еки әдалатлы адам (болсын), егер Жер бети бойлап сапарда болған ўақытларыңызда өлим жетсе, басқалардан еки адам араларыңызда гүўа болсын! Егер шубҳалансаңыз, оларды намаздан кейин услаң ҳәм олар: «Егер ағайин болса да оны (антты) аз пулға сатпаймыз ҳәм Аллаҳтың гүўалығын жасырмаймыз. (Кери жағдайда,) әлбетте, гүнакарлардан болып қаламыз», – деп Аллаҳтың атына ант ишеди[53].
107. Егер екеўиниң гүналары (жалған гүўалығы) билинип қалса, олардың орнына (мийрасқа) ҳақлылардан басқа еки мүнәсип адам (гүўалыққа өтеди). (Олар да) Аллаҳ атына ант ишип: «Бизлердиң гүўалығымыз олардың гүўалығынан туўрырақ ҳәм биз (әдилликте) ҳәддимизден аспадық. Кери жағдайда, әлбетте, залымлардан боламыз», – дейди.
108. Усындай қылыў, гүўалықты ҳақыйқый қылыўына яки ант қылғанынан кейин және ант ишилиўинен қорқыўға жақынырақ (илаж). Аллаҳтан қорқың ҳәм (дыққат пенен) тыңлаң! Аллаҳ фасық қәўимди ҳидаят қылмайды.
109. Аллаҳ (ақыретте) Пайғамбарларды жыйнаған күни: «(Үмметиңизден) сизлер қандай жуўап алдыңыз?» – деп сорайды. Олар: «Бизлер билмеймиз[54], әлбетте, Сениң Өзиң ғайыпларды жақсы билиўшисең», – дейди.
110. Есле, Аллаҳ: «Ҳәй Ийса ибн Мәрьям! Саған ҳәм анаңа берген неъматымды есле! Сонда сени муқаддес руўх (Жәбрайыл)[55] пенен қолладым, адамларға бесикте де, ер жеткениңде де сөйледиң. Саған китапты, ҳикметти, Таўратты ҳәм Инжилди үйреттим. Мениң қәлеўим менен ылайдан қустың көринисин соқтың ҳәм оған үплегениңде, Мениң қәлеўим менен (ҳақыйқый тири) қусқа айланды, Мениң қәлеўим менен (туўма) соқыр ҳәм пести тәўир қылдың. Мениң қәлеўим менен өлилерди (қәбирлерден тири ҳалда) шығардың. Исрайыл әўладына ҳүжжетлерди келтиргениңде, олардан күпир келтиргенлери: «Бул – анық сыйқырдан басқа нәрсе емес», – дегенде, сени олардан қутқарғанымды есле», – деди.
111. Ҳаўарийлерге: «Маған ҳәм Мениң Пайғамбарыма (Ийсаға) ийман келтириң», – деп ўаҳий жибергенимде, олар: «Ийман келтирдик, бизлердиң мусылманлардан екенимизге гүўа бол!» – дегенин де есле!
112. Ҳаўарийлер[56]: «Ҳәй Ийса ибн Мәрьям! Сениң Рәббиң бизлерге аспаннан бир дастурхан түсире ала ма?» – дегенинде, (Ийса): «Егер мөмин болсаңыз, Аллаҳтан қорқың!» – дегенин де есле!
113. Олар: «Бизлер оннан (түсирилген дастурханнан) жеп, кеўлимизди тынышландырыўды, бизлерге рас сөйлегениңди билиўди ҳәм оған (дастурханға) гүўа болыўды[57] қәлеймиз», – деди.
114. Ийса ибн Мәрьям: «Аллаҳым! Рәббимиз! Бизлерге аспаннан бир дастурхан түсир, ол алдынғыларымыз ҳәм ақырғыларымызға Сеннен байрам ҳәм мөжиза болып қалсын. Бизлерди ырысқыландыр! Әлбетте, Сен – ырысқы бериўшилердиң ең жақсысысаң», – деди.
115. Аллаҳ: «Мен – оны сизлерге түсириўшимен. Бирақ, буннан кейин сизлерден ким күпир келтирсе, оны дүньяда ҳеш кимди азапламаған азап пенен азаплайман», – деди[58].
116. Аллаҳ: «Ҳәй Ийса ибн Мәрьям! Сен адамларға, Аллаҳты қойып, мени ҳәм анамды еки илаҳ қылып алың, дедиң бе?» – деп айтқанда, (Ийса): «Өзиң пәксең! Ҳақым жоқ нәрсени айта алмайман. Егер айтқан болсам, Сен оны билер едиң. Сен мениң кеўлимдеги нәрсени билесең, мен Сениң «кеўлиң»дегини билмеймен. Әлбетте, Сен Өзиң – ғайып нәрселерди жақсы билиўшисең.
117. Мен оларға тек Өзиң буйырғаныңды: «Мениң Рәббим ҳәм сизлердиң Рәббиңиз болған Аллаҳға ибадат қылың!», – деп айттым. Олардың арасында болған ўақтымда, оларға гүўа болдым. Ал, мени Өзиңе алғаныңнан кейин[59], Сен Өзиң оларды бақлаўшы болдың. Әлбетте, Сен ҳәмме нәрсеге гүўасаң.
118. Егер оларды азапласаң, әлбетте, олар Өзиңниң бенделериң. Егер оларды кеширсең, әлбетте, Сен Өзиң – Қүдиретли, Ҳикметлисең».
119. Аллаҳ: «Бүгин – туўры сөйлеўшилерге туўрылығы пайда беретуғын күн. Оларға астынан дәрьялар ағып турған жәннетлер бар. Олар ол жерде мәңги қалады», – деди. Аллаҳ олардан разы болды, олар да Аллаҳтан разы болды. Бул – үлкен утыс.
120. Аспанлар ҳәм Жер ҳәм де олардың ишиндеги нәрселердиң бийлиги – Аллаҳтики. Ол – ҳәмме нәрсеге қәдир.
[1] 1-аят. Мөминлер ушын усы сүрениң үшинши аятында гөшлери ҳарам қылынған ҳайўанлардың атлары санап өтилген.
[2] 2-аят. Ҳижраттың 6-жылы Мәккә мушриклери менен мусылманлар арасында Ҳудайбия питими дүзилген еди. Буған Мәккә мушриклериниң Муҳаммад (а.с.) менен бирге барған мусылманларға умра зыяратын орынлаўы ушын Каабаға киргизилмегени себеп болған. Еки тəреп ортасында питим дүзилип, шəртнама қабыл еткен болса да, мусылманлар буннан ашыўлы еди. Усы нəрсе мусылманларды оларға деген басқыншылыққа баслап, мушриклердиң жан ҳəм малларын алыўға себеп болмасын, деп ескертилмекте.
[3] 3-аят. Яғный, ақырғы бес ҳалаттағы ҳайўанлардың жаны шықпай турып, тыпыршылап турған пайытында таўып, «бисмиллаҳ»ты айтып сойыўға үлгерсеңиз олардың гөши ҳадал есапланады (Мд.).
[4] * Пал шөплери менен тəғдирди анықлаў əдети жəҳилият дəўиринде бар болған. Пал шөплеринен үшеўине белги қойылады: сапарға, саўашқа, саўдаға яки саўшылыққа шығыў алдынан шөплердиң бириншисине «Рəббим маған буйырды», екиншисине «қайтарды», үшиншисине «жабық» деп жазып, шек таслайды екен. Биринши жазыў шықса, мақсетке қарай жолға шығады, екиншиси шықса бармайды, үшиншиси шықса, қайтадан шөп таслайды екен. Демек, бул тəғдирди анықлаў ушын болғанлықтан шәриятта қадаған етилген (Мд.).
Бул əдет туўралы өзгеше тəрийплер де бар.
[5] 4-аят. Бул жердеги «бисмиллаҳ»ты айтыў ўақты туўралы бир неше тәфсирлер бар. Ҳанафий мəзҳабы бойынша үйретилген аң ҳайўаны тутқан аңның жаны үзилмей турып, оны тапқан киси «бисмиллаҳ»ты айтып сояды. Екинши тәфсири – аң ҳайўанын жибериўден алдын айтыў (Мд.).
Аң ҳүкимлери менен толығырақ танысыў ушын фиқҳ китапларына мүрəжат қылың!
[6] 6-аят. Таҳәрат парызларынан саналған қол ҳəм аяқларды жуўыўда олардың қайсы жерине шекем суў жетиўи шəрт, деген мəселеде мужтаҳидлерде тартыс болған. Аятта «қолларыңызды шығанаққа шекем, аяқларыңызды тобықларына шекем» делинген. Əбиў Ҳанийфа (рҳ.) усы «ге шекем» қосымшасын «менен» деп тәфсир қылған ҳəм шығанақ, тобықлар да қосып жуўылыўын парыз деп есаплаған. Ал, Имам Мәлик, Зуфар, Шаъбий, Ибн Жарир ат-Табарий киби алымлар шығанақ ҳəм тобықлар жуўылыўы парыз шеңберине кирмейди, деген. Ҳəр еки тəреп те өз дəлиллерине ийе.
Таҳәратта нийет ҳүкимине келсек, Əбиў Ҳанийфа (рҳ.): «Нийет таҳәратта парыз емес», – деген. Ал, Имам Шафиий (рҳ.): «Ол парыз», – дейди.
Адамның басына масҳ тартыўда парыз муғдары қанша екенинде де мужтаҳид уламалар арасында тартыс бар.
Ҳанафий мəзҳабында бастың төрттен бирине масҳ тартыў парыз есапланады. Мәликий мəзҳабында бастың ҳəммесине масҳ тартыў парыз есапланады. Шафиий мəзҳабында бастың азғана жерине, ҳəтте, шаштың үш талшығы бойлап масҳ тартса да парызды орынлаған есапланады. Олардың бəршеси де теберик ҳəм мақул дəлиллер менен өз ҳүкимлерин билдирген.
Бул аятта таяммум қылыў туўралы да сөз жүритилген. Таяммум – бул суў болмағанда, таза топырақ яки шаңға ямаса таза буйымға еки қол алақанлары менен бир соққы урып, жүзге сүртиў ҳəм жəне бир соққы урып, еки қолдың шығанақлары менен қосып сылап шығыў (Ҳд. Мх.).
[7] 11-аят. Бул аяттың нәзил болыўына бир неше себеплер айтылған. Олардан бири – Расулуллаҳ, Әбиў Бәкир, Умар, Усман ҳəм Әлий (рз.)лар менен Бани Қурайза қəўимине еки мусылманның қунын өндириў мəселеси менен келеди. Олар ҳийле ислетип, мийман қылыў бəнеси менен оларды бир жерге отырғызып қойып, Амр ибн Жаҳҳаш исимли бир еки жүзли үлкен тасты алып, Расулуллаҳтың басына уражақ болғанда, Аллаҳ таала Жәбрайыл (а.с.) арқалы Расулын ескертип, жəрдем берген (Мд.).
«Саҳиҳи Бухарий»де буннан басқаша рəўиятлар да бар.
[8] 12-аят. Усы қысса былай баян етиледи: Фиръаўн теңизге шөккенинен кейин Муўса алайҳиссаламның қәўими арқайын Мысырда жасайды. Бир күни оларға Шамның Ариҳа деген жерине барып, ол жердеги Канъанлы залымлар менен урысыў буйрығы келеди. Қәўим ишинен 12 адам таңланып, олар ол жердеги аўҳалды үйренип қайтыў ушын алдыннан жиберилиўи де буйырылады. 12 қәўимниң ҳәр биринен бир адамнан ўәкил алынады. Аллаҳ таала оларға жәрдем бериўди ўәде қылады. Олар жолға түсип, Ариҳаға жақынласқанда, Муўса менен Ҳарун алайҳумас саламлар қалып, қалғанларды жибереди. Олар барып үлкен адамларды көреди. Әсиресе, Иўаж ибн Унуқ деген адамның басы бултлар арасында турғанын, егер ол шөллесе булттың суўынан ишиўин көреди. Ол теңизден кит балықты алып қуяшқа писирип жейди екен. Нуҳ тасқыны оның дизесине шыққан, делинеди. 3000 жыл жасаған бул инсан Муўса алайҳиссалам қолында набыт болады. Бул ўақыя былай болған еди: Ол адам Муўса алайҳиссаламның ләшкерин женшип таслаў ушын таўдан үлкен бир тасты алып аспанға көтергенинде Аллаҳ таала бир өпепекти жибереди. Ол тумсығы менен тасты шоқығанында ол тас езилип Иўаждың мойнына түседи. Ол жығылғаннан кейин Муўса алайҳиссалам оның басын шаўып таслайды. Бул ўақыя сыр тутылыўы керек еди. Муўса менен бағанағы 12 ўәкил қәўимлерине қайтып келгенде, ўәкиллер Аллаҳ таалаға берген келисимин бузып, көргенлерин қәўимлерине айтып таслайды. Тек олардан Юўшаъ ибн Нун менен Калиб ибн Юўфанна көргенлерин сыр сақлайды. Мд. Хз.
[9] 13-аят. Усы əпиў аяты бийкар етилген аятлардан екени туўралы атақлы муфассир Қатода ибн Диама (60-118 ҳ.ж.)дан рəўият қылынған. Бирақ, Ибн Жарир Табарий өз тәфсирлеринде оның сөзин бийкарлайды. Ал, Имам Насафий «Мадарик» тәфсиринде бул аятты «мөминлерди əпиў етиң» яки «бабаларының айыплары ушын буларды жуўапкер деп билмең» деп түсиндиреди.
[10] 14-аят. Усы аяттан белгили болады, Ийсаның (а.с.) қəўимине Аллаҳ таала емес, ал өзлери «насранийлер» деп ат қойып алған екен. Олардың берген ўəделери – Аллаҳға ҳəм бəрше пайғамбарларына ийман келтирип, ийгиликли əмеллерди қылыў еди.
[11] * Олардың арасында қозған ҳəм қыяметке шекем даўам ететуғын душпанлық ҳəм жек көриўшилик насранийлер менен яҳудийлер арасында ма яки насраний динине тийисли мəзҳаблар ортасындағы алаўызлықлар ма?! Бул ҳаққында тәфсирлер бар. Ҳəр еки тәфсир де дурыс. Бирақ, Ибн Жарир Табарий екиншисин мақул деп жазған (Тб.).
[12] 15-аят. Көпшилик муфассирлер бул аяттағы «Нур»дан мурат Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа саллам деген. Ҳақыйқатында да, басқа көп ғана аятларда ол киси нурға, әлемди жарық қылған шыраға уқсатылған.
[13] 18-аят. Яғный, «Ондай болса, өзлериңиз даўа қылғаныңыздай, қыяметте санаўлы күнлер болса да, азапланыўларыңызды қалай түсиниў керек?! Ақыры, әке өз улларын отта күйдире ме?! – деп айтың» (Мд.).
[14] 20-аят. Усы аяттан 26-аятқа шекем, жəне 12 аят ҳəм оның тәфсириндеги қысса тəкирар баян етиледи. Бизге белгили, Аллаҳ таала Қураны кəриймде пайғамбарлар қыссаларын бир жерде емес, ал бир неше сүрелерде аз-аздан баян етеди. Көп ўақыялар тəкирар зикир етилиўиниң ҳикметлеринен бири – бул аятлардың айырымлары басқаларына тәфсир сыпатында анықлық киргизип, керекли мағлыўматлар менен байытады.
Муўса алайҳиссалам қәўимине барыў айтылған муқаддес жер – Байтул-Мақдис ямаса Шам яки Ариҳа екени ҳаққында айтылған. Калбийдиң жазыўынша, Ибраҳим алайҳиссалам Ливан таўына шыққанда Аллаҳ таала: «Көзиң жеткен жерлердиң ҳәммеси муқаддес ҳәм ол жерлер – зүрядларыңа мийрас», – деп айтқан.
[15] 23-аят. Еки адам – Юўшаъ ибн Нун менен Калиб ибн Юўфанна. Олар Муўса лəшкериниң қала дәрўазасына кирсе, жеңимпаз болыўын Муўсадан (а.с.) еситип, билип алған еди.
[16] 24-аят. Муўса (а.с.) лəшкери яки қəўими Аллаҳ буйырған муқаддес жерге кириўден бас тартты. Егер киргенде ол жердеги душпан үстинен жеңиске ерисиўде Аллаҳ жəрдем ўəде еткен еди. Соның менен бирге олар егер буйрықты орынлағанында, ғəрезсиз мəмлекетке де ийе болыўы анық еди.
[17] 26-аят. Муўса (а.с.) үзир айтып, қəўиминиң тəғдирин Аллаҳтың өзине қалдырғаннан соң, Аллаҳ оларға жаза сыпатында қырық жылға шекем бул муқаддес жерге кире алмай, түрли тəреплерде сергизданлықта жүриўин ерк қылды.
[18] 31-аят. Қабылдың пушайман болыўы қылған жынаятынан өкинип емес, ал ата-анасы ҳəм бирәдарларының оның менен жаман мүнəсибетте болып қалғаны ушын еди (Хз.).
[19] 32-аят. Бул жерде өмирди ысырап қылыў ҳаққында гәп кетпекте. Бул ҳүким негизинде Исрайыл əўладына қарата айтылған болса да, ол бəрше мусылманлар ушын да тийисли есапланады. Аяттың талап етиўи бойынша, Жер бетинде бузғыншылық, адам өлтириўшилик, қопарыўшылық, қарақшылық киби ислерди қылған кимселерди өлтириў мүмкин болады (Мд.).
Шайтанның алдаўына ерип, биринши мəрте отқа сыйынған шахс Қабыл болып есапланады.
Аяттағы «ысырап қылмаң» буйрығынан мурат – мал-дүньяны ысырап қылыў емес, ал өмирди гүна ҳəм жынайый ислер менен ысырап қылып өткериў түсиниледи.
[20] 33-аят. Бул аят нәзил болыўының себеби Имам ал-Бухарий рəўият қылған ҳəдисте айтылғанындай, Укл ҳəм Урайна қəўимлеринен бир топар адамлар Мадинаға келип, Расулуллаҳтың алдында жалғаннан ийман келтиреди. Соң Мадина ҳаўасы жақпай, иш аўырыў кеселине ушрағанын айтқаннан соң, Расулуллаҳ қала сыртына шығып, өзлери ушын садақаға келген түйелер сүтинен ишиўге руқсат бергенде, олар барып түйекештиң аяқ-қолын кесип, көзлерин ойып өлтиреди ҳәм түйелерин айдап алып кетеди. Диннен қайтқан бул еки жүзлилердиң изинен Пайғамбарымыз бир топар мусылманларды жибереди ҳәм оларға жаза бериўди буйырады. Олар барып, олардың қол-аяқларын кесип, көзлерин де ойып, шала жан ҳалларында қаланың сыртындағы Ҳарра деген жерде қалдырып кетеди. Қатода айтады, соннан кейин Расул (а.с.) көз ойыў, қулақ ҳəм мурынды кесиў киби қыйнаўларды қадаған етип, садақа ҳəм иҳсан бериўди үгит-нəсият қылды.
[21] 38-аят. Шәриятта бул жаза ушын белгиленген урлық муғдары – 10 дирҳамлық пул буйым яки сонша баҳаланыўшы басқа нəрсе болып, оны урлаған шахс балағат жасына жеткен болыўы, урланған нəрсе анық биреўдиң мүлки болып, оны көшеден емес, сақланатуғын жеринен астыртын рəўиште алған болыўы шəрт. Усы шəртлер толық болғаннан кейин урының өзи мойынлап, тəн алса яки инкәр еткен тəғдирде еки киси гүўалық берсе ғана тийисли жаза орынланыўы белгиленген.
[22] 41-аят. Бул аяты кәрийманың мазмунына анықлық киргизиў ушын мына ҳәдисте келген қысса менен танысып өтиў орынлы: Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламның алдына бир топар яҳудийлер келип, олардан бир еркек, бир ҳаял менен зина қылғанын айтады. Олардан өзиңиздиң Китабыңыз – Таўратта бул ҳаққында не делинген, деп сорағанында, олар, шерменде қылып, бетине қара сүртип, дүрре урылады, деп жазылғанын айтады. Сонда олардан мусылман болған Абдуллаҳ ибн Салам олардың өтирик алдап атырғанын айтып, Таўрат китабын әкелиўин талап етеди. Бир руўханый зина ҳаққындағы аятты ашып, тас боран қылынсын, деген жерин қолы менен жаўып турып оқыйды. Абдуллаҳ ибн Салам қолын көтериўге мәжбүр қылғаннан кейин, оқыса «тасборан аяты» жазылған болады. Буннан ҳәмме хабардар болғанынан кейин «тасборан»ға, яғный еки зинакәрды тасборан қылыўға қарар етеди.
[23] 42-аят. Аятта Аллаҳ таала Пайғамбардан (а.с.) китап ийелери Аллаҳтың ҳүкимин сорап қалса, Қураны кəрийм ҳүкимлери тийкарында жуўап бериўи яки жуўап бермеўи де мүмкин екенлиги, егер өз ықтыяры менен ҳүким сорап келип қалса, əдил ҳүким баян етиўге буйырмақта. Əбиў Ҳанийфа (рҳ.) да аяттың мазмунына тийкарланып, биз шығарған ҳүкимге разы болмаса, китап ийелери арасында ҳүкимимизди баян етпеймиз, деген (Лс.).
[24] 44-аят. Яғный, «аятларымды пара орнына өзгертиў яки жоқ қылыўға ҳəрекет қылмаң!»
[25] * Бул аяттың талабы бойынша, аятларға муўапық ҳүким шығармаған адам кәпир болады. Лекин Ибн Аббас разыяллаҳу анҳудан усы аят ҳаққында нақыл қылынады, Аллаҳ тааланың ҳүкимлеринен бирин инкәр еткен адам кәпир болады. Енди, ол ҳүкимди инкәр етпей тастыйықлап ҳәм тән алса, бирақ ол бойынша ҳүким шығармаса ол фасық (гүнакар) болады.
Аятлар мазмунына қарағанда, Аллаҳ таала Муҳаммадты (а.с.) пайғамбар қылып жибергеннен кейин де китап ийелери Қуран ҳəм Муҳаммадқа (а.с.) ийман келтириўге буйырылған болса да, өзлериниң илаҳий китапларындағы ҳүкимлер бойынша əмел қылыўы да мүмкин болған, оларға усындай қылыў буйырылған.
[26] 45-аят. Каффараттың мəниси – иўаз, бадал, әпиў. Демек, кек алмай кешип жиберсе, қылған гүналары әпиў етиледи екен.
[27] 47-аят. Саҳабий Барро ибн Азиб (рз.) айтқан екен, Аллаҳ нәзил еткен аятлар менен ҳүким қылмағанлардың кəпир, залым, фасық адамлар екени туўралы үш аяттың ҳəммеси кəпирлерге қарата нәзил етилген (Мс.).
Табеинлерден Икрима (104-ҳ.ж. қайтыс болған) да Аллаҳтың нәзил қылған аятлары менен ҳүким қылмаған адам егер инкәр еткен болса, кəпир болады. Егер аятларды ықрар қылған ҳалда олар менен ҳүким қылмаса, ол өзине залым ҳəм гүнакар болады, деген екен. Жəне, аятларды жақсы түсинбей яки адасып аятқа қылапы хүким шығарып қойған адам да кəпир саналмайды (Хз.).
Демек, аятлардан ҳүким алыў яки оларды тәфсир етиў жүдə қурамалы ҳəм жуўапкерли ис. Араб тилин билген яки диний саўатын шығарған ҳəр бир адам Қуран яки ҳəдистен өзинше ҳүким шығарып алыўы мүмкин емес. Ал, фиқҳ китапларында жазылған ҳүкимлерге әмел қылыўы лазым болады. Себеби, бизге шекем бул еки деректен барлық ҳүкимлер алынып, өмирге енгизилип болынған.
[28] 51-аят. Уҳуд саўашына тийисли болған бул аяттағы қадаған яҳудий ямаса насраний дини ушын яки миллети ушын емес, ал оған шекем мусылманларға қалыс дос болып келген адамлар менен еки ортада урыс болып атырғанда досласпаў ҳаққында ескертилмекте.
[29] 54-аят. Ҳақыйқатында да, Расул (а.с.) қайтыс болмай турып-ақ исламнан қайтқан, ҳəтте, пайғамбарлыққа даўагерлик қылыўшылар да пайда болған еди. Ал, қайтыс болғаннан кейин диннен қайтыўшылардың саны көбейди. Әбиў Бәкир Сыддық (рз.) оларды исламға қайтарыў ушын көп мийнет етти (Мд. Қз.).
[30] 55-аят. Бул аят ҳәзирети Әлий разыяллаҳу анҳу ҳаққында нәзил болған. Ол намазда руку қылып турғанда, бир гедей келип тиленшилик қылады. Ҳәзирети Әлий бармағындағы жүзикти шығарып, гедей тәрепке ылақтырады.
[31] 56-аят. «Ҳизб»тиң сөзликтеги мәниси топар, бойсыныўшы адамлар дегенди билдиреди. Аяттағы Аллаҳтың ҳизби дегенде Оның пайғамбары ҳəм ийман келтирген бəрше мусылманлар нәзерде тутылады (Мд.).
[32] 60-аят. Усы аят адам маймылдан емес, ал тарийхта айырым ҳәсиге кеткен адамлардан маймыл ҳәм шошқалар пайда болған. Тәфсирлерде келиўинше, шемби күни балық аўлаўдан қайтарылған айырым яҳудий қәўимлери Аллаҳ таалаға ҳийле ислетип, бойсынбағаны ушын Аллаҳ таала оларды маймылға айландырған. Ийса алайҳиссаламға нәзил етилген дастурхан неъматларына нашүкирлик қылғанлар шошқаға айландырылған.
[33] 64-аят. Яҳудийлердиң гийнесине жуўап ретинде айтылған бул гәпти «өзлериниң қоллары байлансын, яғный қыямет күни, қоллары шынжырлансын» яки «өзлерине сықмарлық тамғасы урылсын» киби Аллаҳтың ғарғысы деп те тәфсир етиў мүмкин (Мд. Қз. Хз.).
[34] 66-аят. Яғный, Китап ийелери өзлерине нәзил етилген илаҳий китаплардағы ҳүкимлерге әмел қылғанларында еди, бастан аяқ әмелий ҳәм мәнаўий неъматларға көмилген болар еди. Аяттан Аллаҳтың итаатында болыў ырысқының кең болыўына да себеп екени түсиниледи.
[35] 67-аят. Аллаҳ таала Өзиниң Расулына берген, мине, усы ўәдеси бойынша ең аўыр демлерде, оған бир неше рет қаслық уйымластырылғанда өз панасында сақлап қалған.
[36] 69-аят. «Ийман келтиргенлер» сөзин еки түрли тәфсир етиў мүмкин. Бириншиси, тили ҳəм кеўли менен ийман келтиргенлер. Бунда кейинги үш тайпаның ийман келтиргенлери оларға қосылып, Аллаҳ тəрепинен ўәде етилген сыйлықларға шерик болады. Екиншиси, кеўли менен емес, тек тили менен ийман келтирген еки жүзлилер болып, бунда айтылған шəрт (ийман ҳəм əмел) бул төрт тайпаның ҳəммесине бирдей тийисли болады. «Бақара» сүресиниң 62-аяты да дәл усылай тәфсир етилиўи керек.
[37] 71-аят. Яғный, пайғамбарларды өлтириў, бузаўға сыйыныў ҳәм басқа итаатсызлықларды қылғанларынан кейин кеширим сорағанда Аллаҳ Өз жазасын жибермеди. Соннан кейин Аллаҳтың қәҳәринен қорқыў орнына және алдынғы бузық ҳалына қайта бергени еслетилмекте. Кейинги аятларда насранийлердиң қәте ақыйдалары ҳаққында мағлыўмат бериледи.
[38] 72-аят. Аллаҳға ширк келтирип, Оны «үш илаҳ»тан бири деп исениўши насранийлер туўралы жəне «Ниса» сүреси, 171-аят тәфсирине мүрəжат қылың!
[39] 73-аят. «Аллаҳ – үшеўиниң биреўи» деп туўры нийетте айтқан адам кəпир болмайды. Себеби, «Мужадала» сүресиниң 7-аятында: «Үш адамның өз ара сыбырлап сөйлесиўинде, əлбетте, олардың төртиншиси Ол есапланады, бес адамның да, əлбетте, алтыншысы Ол» делинген. Жəне Пайғамбарымыз (а.с.) Әбиў Бәкир Сыддық (рз.) пенен үңгирге жасырынған пайытлары: «Ҳәй Әбиў Бәкир, еки адамның үшиншиси Аллаҳ болғаннан кейин жəне қандай жаман гүманларға барасыз?» – деген. Сонлықтан, «Аллаҳ – үшеўиниң биреўи» яки «төртеўдиң биреўи» ҳәм т.б. дегенде ширк мəнисинде айтпаған болса, зыяны жоқ (Хз.).
[40] 77-аят. Китап ийелериниң диний жақтан ҳəдден асыўлары еки əҳмийетли өзгешелик – исеним ҳəм əмел менен белгиленеди. Насранийлер Ийса (а.с.)ның дәрежесин ҳəдден зыят көтерип, ҳəтте, илаҳий дәрежеге жеткерген болса, яҳудийлер Муўса (а.с.)ның мəртебелерин ҳəдден тысқары пəслетиўге ҳəрекет қылған. Усы бузық исенимлер бойынша қылған итаатсызлықлары əмеллериниң де шәрияттан тыс екенлигин билдиреди.
[41] 78-аят. Шемби күни сынағынан өте алмаған Айла аўылындағы бир тайпа яҳудийлерди Даўыт (а.с.) ғарғағанда олар маймылларға айланып қалған. Ийса (а.с.)ның қəўиминен бир тайпасы дастурхан неъматына нашүкирлик қылғанда ол: «Оларға дүньяда ҳеш кимге берилмеген жазаны бер!» – деп ғарғағанда, олар шошқаларға айланып қалған. Олардың саны бес мың адам еди, деген рəўият бар (Мд.).
[42] 79-аят. Әбиў Мансур Матуридий раҳимаҳуллаҳ «Әли Имрон» сүресиниң 104-аятына қылған тәфсиринде әмру маъруф ҳәм наҳий мункардың ҳәр бир мусылманға «фарзы айн» екенлигине усы аятты да дәлил қылады.
Ҳәдиси шәрийфте: «Аллаҳ таала айырым адамлардың айыбы менен көпшиликти жазаламайды. Бирақ, көпшиликтиң көз алдында қылынып атырған гүна ҳәм жынаятларды тоқтатыўға қәдир бола турып, наҳий мункар қылмаса ҳәммени жазалайды», – делинген (Мс).
Және бир ҳәдиси шәрийфте: «Гүна ямаса жынаят қылып атырған адамды көрген адам биринши нәўбетте қолы менен қайтарсын, оған қәдир болмаса, тили менен қайтарсын, оған да қәдир болмаса кеўли менен жаман көрсин. Ақырғысы ийманы әззи адам», – делинген.
[43] 84-аят. Ҳабашстан ҳүкимдары Нажашийдиң алдына Мәккә қаласынан бир топар жәбиркеш мусылманлар келип, пана сораған пайытта, насраний динине исениўши Нажаший əтирапында турған мушриклер гүўалығында муҳажирлерден: «Китабыңызда Мәрьям туўралы не делинген?» – деп сораған. Сонда Жаъфар ибн Әбиў Талиб «Мәрьям» ҳəм «Тоҳа» сүрелеринен Муўса (а.с.) Мәрьям ҳəм Ийса (а.с.) ҳаққындағы аятларды оқып берген. Нажаший ишинен ийман келтирип, көз жас төккен. Соң оның қəўиминен елиў адам Расул (а.с.) алдына барғанында оларға «Ясийн» сүреси оқып берилгенде де, олардың көзлери жасқа толған еди (Мд.).
[44] 85-аят. Адасқан ағымлардан бири «Карромия» усы аятты дәлил қылып, ийман бул тек ықрардың өзи, дейди. Бул – қəте. Себеби, тилде ықрар қылғаны менен кеўилде өз тастыйығын таппаса, бул нағыз еки жүзлилик болады. Насранийлердиң жылаўы кеўиллериндеги ийманның тастыйығынан дерек еди (Мд.).
[45] 89-аят. Бизлердиң Ҳанафий мәзҳабымыз бойынша орташа аўқат – еки килограмм бийдай.
[46] 90–91-аятлар. Бул еки аят мәс қылыўшы ишимликлердиң қадаған етилиўи бойынша үшинши ҳəм ақырғы басқыш есапланады. Биринши басқыш «Бақара» сүреси, 219-аятында, екинши басқыш «Ниса» сүреси, 43-аятында келген. Усы аяттың ақырындағы сораўға жуўап ретинде мусылманлар дəрҳал: «Тыйылдық, тыйылдық», – деген екен.
Ҳəдиси шәрийфте: «Ҳəр қандай мəс қылыўшы нəрсе ҳарам есапланады», делинген (Бх. Мс.).
[47] 93-аят. Расулуллаҳтың (а.с.) алдына келип: «Бул аят нәзил болыўынан алдынырақ мәс қылыўшы ишимлик ишип жүрген ҳəм ҳəзир қайтыс болып кеткенлердиң ҳүкими қандай болады», – деп сорағанда усы аят нәзил етилген екен (Тр.).
[48] 94-аят. Ҳижраттың алтыншы жылы Ҳудайбия сапарында иҳрамда болған мусылманлар кəрўаны əтирапы аң ҳайўанлары менен толып кеткен болып, Аллаҳ оларды сынақтан өткериў ушын аңды қадаған еткен еди (Хз).
[49] 97-аят. «Ҳүрметли ай» – ҳаж айы, яғный Зулҳижжа айы. Онда бəрше ҳүрметли айлар нәзерде тутылған болыўы да мүмкин. Яғный, Ражаб (Ережеп), Зулқаъда, Зулҳижжа, Муҳаррам айлары.
[50] 102-аят. Бул жерде Исрайыл əўладының қылмысларына ишара қылынбақта.
[51] 103-аят. «Баҳийра» – түйениң еркек туўылған бесинши баласы. Оның қулағын тесип бос жиберип қояды. Жәҳилият әдети бойынша оны сойыў қадаған етилген. «Соиба» – сапардан саламат қайтылса ямаса бир кеселликтен тәўир болса, бир түйени баҳийрадай босатып жибериў әдети. Усындай түйелер «соиба» деп аталған. «Ўасийла» – қой жети мәрте туўғаннан кейин, жетиншиси еркек болса, сойып жейтуғын болған. Егер урғашы болса, падаға қосып жиберген. Усы падаға қосылған қойдың аты «ўасийла» болған. «Ҳам» – он мәрте туўған шарўа ҳайўанын минбей, жүк артпай, жайлаўға босатып жиберген. Усындай жәниўарды «ҳам» деген. Булардың ҳәммеси жәҳилият дәўиринен қалған ескилик сарқыты екени мусылманларға ескертилмекте.
[52] 105-аят. Ийман келтирип, ҳидаят тапқанлар адасыўда қалып атырған адамларға ашынып тəшўиш шеккен пайтлары Аллаҳ таала өзиңизди билиң, сиз ҳидаят тапқан болсаңыз, олардың ҳидаяттан узақта болыўының зыяны жоқ, деп тəселле берген. Бул амри маъруф, наҳий мункар қылмаў керек, дегени емес, əлбетте (Мд.).
[53] 106-аят. Амр ибн Астың (рз.) азат қылған қулы Бадил Шамға қылған сапарында насраний динине тийисли Адий ҳəм Тамим менен шерик еди. Ол өлими алдынан ол екеўине жүгин шаңарағына берип қойыўды ўəсият қылады. Бир қағазға жүгиниң арасында бир гүмис ыдыс та бар екени туўралы жазып қосып қояды. Екеўи хаттан бийхабар ыдысты алып қояды. Сатып пулын да бөлип алады. Бадилдиң шаңарағы тəрепинен ыдыс талап етилгеннен кейин, олар инкәр етеди. Даўа менен Расулға (а.с.) арыз қылғанда, усы аят нәзил болады (Мд. Хз).
[54] 109-аят. Яғный, қыямет күни Аллаҳ таала пайғамбарлардан «Қəўимлериңизге Мениң буйрықларымды жеткергениңизде, олардан қандай жуўап алдыңыз?» – деп сорағанда, олар: «Үмметлеримизди Сен бизден жақсы билесең. Сениң илимиң алдында бизде илим жоқ», – деп жуўап береди.
[55] 110-аят. Жәбрайылдың (а.с.) қосымша атларынан бири – «Руўҳул-Қудус», яғный Қудустың руўхы. Қудус – бул Аллаҳ. «Аллаҳтың руўхы», делингени астарлы мəниде болып, «Байтуллаҳ» киби Аллаҳға ҳүрмет ушын усылай аталған. «Руўҳул-Қудус»ты басқаша тәфсир етиў де мүмкин. Мəселен, муқаддес, пəкизе, нураный руўх мəнисинде. Бул тəғдирде ол Жәбрайылдың (а.с.) аты емес, ал Ийсаны (а.с.) Аллаҳ таала усындай руўх пенен қоллаған болады (Хз.).
Ийса (а.с.)ға отыз жасларында пайғамбарлық келген. Отыз ай (еки ярым жыл)дан кейин аспанға көтерилген (Хз.).
[56] 112-аят. Олар он еки солиҳ мөминлер болып, Ийсаның (а.с.) ең жақын жəрдемшилери болған. Олар ҳаққында жəне «Әли Имрон» сүресиниң 52-аяты тәфсирине қаралсын.
[57] 113-аят. Яғный, өзимизден кейинги əўладқа дастурхан түскенлиги туўралы гүўалық бермекшимиз.
[58] 115-аят. Аспаннан дастурхан түсирилгеннен кейин де күпирде болғанларға Аллаҳ таала ҳеш кимге берилмеген жазаны берди. Оларды шошқаларға айландырып қойды, деген рəўият бар. Бирақ, Ҳасан Басрий менен Мужаҳид ибн Жабир дастурхан нәзил қылынбаған, себеби олар оның шүкирин қыла алмай Аллаҳтың азабына дуўшар болып қалмайық, деп қорқып талапларынан қайтқан, – деген. Қалған муфассирлер дастурхан түскен, деп атап өткен. Имам Термизий (рҳ.) келтирген ҳəдисте: «Дастурхан түскеннен кейин, Ийса (а.с.) ондағы нан ҳəм гөштен жеўге, бирақ ертеңги күнге алып қоймаўға буйырған. Қəўимлери буған əмел қылмағаннан кейин, усындай жаза берилген», – делинеди. Гөштен басқа нəрселер нәзил етилген, деген рəўият та бар. Бул жазаны алғанлар үш күннен соң набыт болған (Хз.).
[59] 117-аят. «Өзиңе алғаныңнан кейин» сөзиниң түсиндирмеси «Әли Имрон» сүресиниң 95-аяты тәфсиринде берилген.