1. (Ҳәй Муҳаммад!) Еки жүзлилер алдыңа келип: «Гүўалық беремиз, сен, әлбетте, Аллаҳтың елшисисең», – дейди. Әлбетте, Аллаҳ сени Өзиниң елшиси екениңди биледи ҳәм Аллаҳ еки жүзлилердиң ҳақыйқатында да өтирикши екенине гүўалық береди.
2. Олар өзлериниң (өтирик) антларын қалқан етип алып, (адамларды) Аллаҳтың жолынан тосты. Олардың ислеп атырған ислери буншелли жаман!
3. Буған себеп – олар (тиллеринде) ийман келтирип, соң (кеўиллеринде) кәпир болғаны. Кейин олардың кеўиллерине тамға басылды. Енди олар (ҳақыйқатты) аңлай алмайды.
4. Егер оны көрсең, денелери сени әжеплендиреди ҳәм сөйлесе, гәплерине (ықтыярсыз) қулақ саласаң. Олар (дийўалға) сүйеп қойылған (ширик) ағашларға уқсайды. Олар ҳәр бир қышқырық (даўыс)ты үстине (түсип атырған бәле ҳәм апат деп) ойлайды. Олар – душпан. Солай екен, олардан сақ бол! Аллаҳ оларға урыс ашсын! (Ҳақыйқат турғанда олар) қаяққа аўып баратыр?!
5. Егер оларға: «Келиң, Аллаҳтың пайғамбары сизлер ушын кеширим сорасын!» – делинсе, олар басларын бурады. Оларды тәкаббырлық еткен ҳалында жүз бурыўын көресең[2].
6. (Ҳәй Муҳаммад!) Сен олар ушын истиғфар айтасаң ба ямаса истиғфар айтпайсаң ба – оларға бәри бир – Аллаҳ оларды ҳеш кеширмейди. Себеби, Аллаҳ фасықлар қәўимин ҳидаят қылмайды[3].
7. Олар (өзлерине ергенлерге): «Аллаҳтың пайғамбары алдындағылар тарқалып кетемен дегенше оларға напақа бермең!» – дейди. Аспанлар ҳәм Жердиң ғәзийнелери тек Аллаҳтики. Бирақ, еки жүзлилер (буны) түсинбейди.
8. Олар: «Егер (Бани Мусталиқ урысынан) Мадинаға қайтып барсақ, әлбетте, қүдиретлилер хорланғанларды ол жерден шығарады», – дейди. Қүдиретлилик Аллаҳға, Оның пайғамбарына ҳәм мөминлерге тән. Бирақ, еки жүзлилер (буны) билмейди.
9. Ҳәй ийман келтиргенлер! Мал-дүньяларыңыз ҳәм балаларыңыз сизлерди Аллаҳтың зикиринен (Оған көп ибадат қылыўдан) шалғытпасын! Ким усылай етсе, онда әне солар – зыян көриўшилер.
10. Сизлерден (ҳәр) бириңизге өлим келгенде: «Я Рәббим! Егер мени азырақ мүддетке артқа сүрсең, кейин садақа қылып жақсы адамлардан болсам», – деўден алдын, Биз сизлерге ырысқы етип берген нәрселерден напақа қылың!
11. Аллaҳ ҳеш кимди әжели келгенде артқа сүрмейди. Аллаҳ ислеп атырған (бәрше) әмеллериңизден хабардар.
[1] 63. МУНАФИҚУН СҮРЕСИ
Мунафиқ – тек тили менен ийман келтирип, кеўлинде күпирди жасырған еки жүзли адам. Сүреде еки жүзлилердиң қылмыслары, ақырет ҳаққында еслетпе ҳәм үгит-нәсиятлар бар.
[2] 5-аят. Бул аятлар атақлы еки жүзли Абдуллаҳ ибн Убай ибн Салул ҳаққында нәзил етилген. Ол муҳажирлерди қәҳәретлеп, соң ант ишип, қылмысынан таңған ҳәм Расул (а.с.) алдына барып үзир сораўдан бас тартқан. Менменлиги буған жол қоймаған. Аят пенен оның жалған гәпи әшкара болғаннан кейин, оны Умар (рз.) өлтирмекши болғанда Расул (а.с.) руқсат бермеген (Мд.).
[3] 6-аят. Аллаҳ таала еки жүзлилерге өлимнен де қатты хабарды билдирди. Ол да болса, олардың атынан Пайғамбар истиғфар айтса да, кеширмейтуғыны ҳәм оларды ҳидаятқа қарай жолламаўы есапланады. Себеби, гүнакар ҳәм адасқан ҳалында ақыретке сапар етиўдиң ақыбети қандай қәўипли екени белгили. Сүрениң басынан 8-аятына шекем еки жүзлилер ҳаққында зикир етилген.