Қураны кәрийм аўдармасы

Фатҳ

Меҳрибан ҳәм Рейимли Аллаҳтың аты менен (баслайман).

1. (Ҳәй Муҳаммад!) Әлбетте, Биз саған анық фатҳты (жеңисти) бердик.

2. (Бул фатҳ) Аллаҳ сениң алдынғы ҳәм кейинги гүналарыңды кешириўи[2], саған Өзиниң неъматын толық қылыўы ҳәм сени туўры жолға баслаўы ушын

3. ҳәм Аллаҳ саған күшли жәрдем бериўи ушын.

4. Ол (Аллаҳ) ийманларына және ийман зыя­да болыўы ушын мөминлердиң кеўиллерине тынышлықты түсирди. Аспанлар ҳәм Жердиң ләшкер (периште)лери Аллаҳтики. Аллаҳ – Билимли, Ҳикметли.

5. Ол мөмин еркеклер ҳәм мөмин ҳаялларды астынан дәрьялар ағып туратуғын, олар мәңги қалатуғын жәннетлерге киргизиў ушын ҳәм олардан жаманлық (гүна)ларын өшириўи ушын (усындай қылды). Бул – Аллаҳтың алдында үлкен утыс.

6. Cондай-ақ, Аллаҳ ҳаққында (мөминлерге жәрдем бермейди деп) жаман гүман қылыўшы еки жүзли еркеклер ҳәм еки жүзли ҳаялларды, мушрик еркеклер ҳәм мушрик ҳаялларды азаплаўы (ушын усындай қылды). Оларды жаманлық қамтып алады. Аллаҳ оларға ғәзеп қылды, оларды нәлетледи ҳәм оларға жәҳәннемди таярлап қойды. Буншелли жаман жер!

7. Аспанлар ҳәм Жердиң ләшкер (периште)лери Аллаҳтики. Аллаҳ – Қүдиретли, Ҳикметли.

8. (Ҳәй Муҳаммад!) Әлбетте, Биз сени (қыямет күни үмметлерге) гүўалық бериўши, (мөминлерге) хош хабаршы ҳәм (кәпирлерге) ескертиўши етип жибердик.

9. (Биз Муҳаммадты) Аллаҳға ҳәм Оның Расулына ийман келтириўиңиз, оны (Расулды) қоллап-қуўатлаўыңыз ҳәм уллылаўыңыз ҳәм де Оған (Аллаҳға) азанлы-кеш тасбиҳ айтыўыңыз ушын (жибердик).

10. (Ҳәй Муҳаммад!) Ҳақыйқатында да, саған байъат (ант) қылып атырғанлар, әлбетте, Аллаҳтың Өзине байъат қылып атыр. Аллаҳтың «қолы» олардың қолларының үстинде[3]. Ким (өзиниң антын) бузса, тек өзиниң зыянына ғана бузады. Ким Аллаҳға қылған ўәдесине опа қылса, оған тез арада үлкен сыйлық бериледи.

11. (Ҳәй Муҳаммад!) Еле (Мадинаға қайтқаныңда) аъробийлерден (урысқа шықпай) артта қалғанлар саған: «Мал-дүньямыз ҳәм шаңарағымыз бизлерди бәнт қылды, бизлер ушын (Аллаҳтан) кеширим сорап бер», – дейди. Олар кеўиллеринде жоқ нәрсени тиллери менен айтады. Сен айт: «Егер (Аллаҳ) сизлерге зыянды қәлесе ямаса сизлерге пайданы қәлесе, ким сизлерди Аллаҳтан (келетуғын) бир нәрседен (тосыўға) ийе бола алады? Яқ, Аллаҳ қылған ислериңизден хабардар.

12. Ал, сизлер Пайғамбар ҳәм мөминлер (бул урыстан) өзлериниң шаңарақларына сирә қайтып келмейди, деп ойладыңыз ҳәм бул нәрсе кеўиллериңизге шырайлы көрсетилип, жаман гүман қылдыңыз ҳәм де қыйралыўшы қәўим болдыңыз».

13. Ким Аллаҳға ҳәм Оның пайғамбарына ийман келтирмеген болса, онда, әлбетте, Биз (ондай) кәпирлерге дозақты таярлап қойғанбыз.

14. Аспанлар ҳәм Жердиң бийлиги Аллаҳға тийисли. (Ол) Өзи қәлеген адамды кеширеди ҳәм қәлегенин азаплайды. Аллаҳ – Кеширимли, Рейимли.

15. Сизлер (Хайбар саўашындағы) олжаларды алыў ушын баратырғаныңызда (саўашқа шықпай) артта қалғанлар: «Бизлер де (олжа алыў ушын) сизлерге ериўимизге (жол) қойың», – дейди. Олар Аллаҳтың сөзин өзгертпекши болады. Сен: «Улыўма бизлерге ермейсиз, Аллаҳ алдын усындай деген», – деп айт. Олар: «Бәлким, бизлерди көре алмай (сықмарлық қылып) атырған шығарсыз», – деди. Яқ, олар жүдә аз (нәрсени ғана) аңлайды.

16. Аъробийлерден (урысқа шықпай) қалғанларға (еки жүзлилерге) айтың: «Жақында сизлер үлкен күш ийелери[4] болған бир қәўим (менен урыс)қа шақырыласыз. (Сол ўақытта) олар менен урысасыз ямаса олар (урыссыз) Исламға киреди. Енди, егер (сол ўақытта) бойсынсаңыз, Аллаҳ сизлерге жақсы сыйлықлар береди. Егер және алдын (урыста) қашқаныңыздай, (бунда да) қашып кетсеңиз, (онда Аллаҳ) сизлерди аўыртыўшы азап пенен азаплайды».

17. (Жиҳадқа шықпаўда) соқырға қыйыншылық (мәжбүрлеў) жоқ, шолаққа да қыйыншылық жоқ, кеселге де қыйыншылық жоқ. Ким Аллаҳға ҳәм Оның Расулына бойсынса, оны (Аллаҳ) астынан дәрьялар ағып турған жәннетлерге киргизеди. Ким жүз бурып кетсе, оны аўыртыўшы азап пенен азаплайды.

18. (Ҳәй Муҳаммад!) Ҳақыйқатында да, Аллаҳ мөминлерден терек астында саған байъат (ант) қылып атырғанларында разы болды[5]. Сонда, (Аллаҳ) олардың кеўиллериндеги нәрсе (садықлық)ты билди, оларға тынышлықты түсирди ҳәм оларды (Хайбар саўашындағы) жақын жеңис пенен сыйлықлады.

19. (Мөминлер) өзлери алатуғын көп олжалар менен де (сыйлықланады). Аллаҳ – Қүдиретли, Ҳикметли.

20. (Ҳәй мөминлер!) Аллаҳ сизлерге өзлериңиз алатуғын көп олжаларды ўәде қылды. Енди буны (Хайбар саўашындағы олжаларды) сизлерге тезлетип берди, (өткен ўақыя) мөминлерге ибрат болыўы ушын ҳәм сизлерди (Аллаҳ) туўры жолға баслаўы ушын (душпан) адамлардың қолын сизлерден тосты[6].

21. Және сизлер қәдир болмаған басқа (олжа)лар да бар. Аллаҳ оны қамтып алған. Аллаҳ ҳәмме нәрсеге қәдир.

22. Егер кәпир болған кимселер сизлер менен урысқанында, әлбетте, (олар) артларына қарап қашар еди. Соң олар дос та, жәрдем бериўши де таба алмайды.

23. (Бул) Аллаҳтың жолы (нызамы) болып, илгери де өткен еди. Аллаҳтың жолында (нызамында) ҳеш қандай өзгерис таба алмайсаң.

24. Ол (Аллаҳ) Мәккәның ишинде (болған урыста) олардың (Мәккә мушриклериниң) үстинен сизлерди жеңиске еристиргенинен кейин олардың қолларын сизлерден, сизлердиң қолларыңызды олардан тосты (урысты тоқтатты)[7]. Аллаҳ – ислеп атырған ислериңизди көрип турыўшы.

25. Олар (Мәккә мушриклери) күпир келтирген, сизлерди «Масжидул Ҳарам»нан, қурбанлықларды услап өзиниң орнына жетиўден тосқан адамлар. Егер (Мәккәда) сизлер билмейтуғын мөмин еркеклер ҳәм мөмин ҳаяллар болмағанда, сизлер оларды билмеген ҳалларыңызда (мушрик деп ойлап) қыйратып қойып, олар себепли сизлерге зыян жетпейтуғын болғанда (Аллаҳ сизлерди Мәккәға урыс қылып кирип барыўдан қайтармаған болар еди). Аллаҳ Өзи қәлеген адамларды мийримине киргизиўи ушын (усындай қылды). Егер (мөминлер) ажыралып алғанда, әлбетте, олардан (Мәккә халқынан) кәпирлерин аўыртыўшы азап пенен азаплаған болар едик.

26. Сол ўақытта күпир келтиргенлердиң кеўиллерине менменликти –жәҳилият менменлигин салғанында, Аллаҳ Өз тынышлығын Пайғамбарына ҳәм мөминлерге түсирди ҳәм оларға тақўа кәлиймасын («Ләә иләҳә иллаллоҳ»ты) лазым етти, олар усыған ҳақылы ҳәм усының ийеси еди. Аллаҳ – ҳәмме нәрсени билиўши.

27. Ҳақыйқатында да, Аллаҳ Өз Расулының (көрген) түсин ҳақыйқат пенен (оңына айландырып) тастыйықлады, әлбетте, «Масжидул Ҳарам»ға, иншааллаҳ, аманлықта, шашларыңыз алынған, қысқартылған ҳалда, қорықпай киресиз. Солай екен, (Аллаҳ) сизлер билмеген нәрсени билип, сизлерге буннан басқа жақын бир фатҳты (Хайбар жеңисине ийе) қылды[8].

28. Ол Өз пайғамбары (Муҳаммадты) ҳидаят ҳәм Ҳақ дин (Ислам) менен, оны (ол динди) ҳәмме диннен үстин қылыў ушын жиберди. Аллаҳтың Өзи (буған) жетерли гүўа.

29. Муҳаммад – Аллаҳтың Расулы. Оның менен бирге болғанлар (мөминлер) кәпирлерге қәҳәрли, өз араларында (мөминлерге) рейимли. Оларды (мудамы) Аллаҳтан кеңшилик ҳәм разылық тилеп руку ҳәм сәжде қылған ҳалларында көресең. Олардың жүзлеринде сәждеден қалған белгилери бар. Мине, усы (сыпатлар), олардың Таўраттағы мысаллары. Ал, олардың Инжилдеги мысаллары тап туқымын жарып шығып, қуўатланып, жуўанласып, пақалында тик турып, дийқанларды ҳайран қалдырған бир егинге уқсайды[9]. (Бул) олар себепли кәпирлердиң ашыўын келтириў ушын. Аллаҳ олардан ийман келтирип ҳәм ийгиликли ислерди қылғанларға кеширим ҳәм үлкен сыйлықты ўәде еткен.



[1] 48. ФАТҲ СҮРЕСИ

«Фатҳ» сөзиниң мәниси жеңис. Ол қайсы саўаштағы жеңис екени ҳаққында түрли рәўиятлар бар. Мәселен, Мәккә әҳлиниң тынышлық жолы менен Исламға кириўи, Ҳудайбия саўашы, Рум фатҳы яки Хайбар саўашындағы жеңислерден бири екенине дәлил қылыўшы рәўиятлар бар (Қз.).

Сүреде еки жүзлилик қылыўшы, көпшилик пенен бирге жаўға қарсы шығыў орнына, оннан түрли бәнелер менен бас тартыўшылар қараланады.

[2] 2-аят. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның үлкен ҳәм киши гүналары болмаса да, бул аятта «гүналарыңды кешириўи» деген сөздиң келтирилиўине себеп, оннан айырым бир нәпиллер умытылып қалғаны ол киси ушын гүна болыўы нәзерде тутылған болыўы керек.

[3] 10-аят. Яғный, Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам мөминлер менен қолды қолға қойып байъат қылғанында Аллаҳтың «қолы» да олардың қоллары үстине қойып турылғандай болыўы ямаса пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламның қолы мөминлер қолы үстине қойылғаны Аллаҳ тааланың «қолы» қойылғаны менен тең, дегени. Мисли басқа аятта: «Расулға итаат еткен адам Аллаҳға итаат еткен болады», – делингени сыяқлы (Мд.).

Ҳудайбия ойпатындағы бир түп терек астында бир ярым мыңға жақын мусылманлар Расулға (а.с.) ҳәр қандай шараятта да садық болыўы ҳаққында ант еткен. Бул ўақыя ислам тарийхында «Байъатур – ризўан» аты менен белгили болған. Оның мәниси Аллаҳ разы болатуғын ант дегенди билдиреди.

Және бул байъат туўралы усы сүрениң 18-аятының аўдармасына ҳәм тәфсирине қараң.

[4] 16-аят. «Үлкен күш ийелери» қайсы душпанлар екени туўралы түрли тәфсирлер бар. Олар Бани Ҳанийфа қәўиминиң адамлары, исламнан қайтқан муртадлар яки парсы ләшкерлери болыўы мүмкин (Қз. Мд.).

[5] 18-аят. Бул байъат «Байъатур Ризўан» делинеди. Бул байъатта еркек ҳәм ҳаяллар ҳәммеси болып 1300, 1400, 1500 адам еди деген рәўиятлар бар. Ол теректиң аты Самура ямаса Сидра.

Усы теректи мусылманлар мүбәрек жерге айландырып зыярат қылып, ширкке айландырып жибермеўи ушын Умар разыяллаҳу анҳу кестирип таслаған.

[6] 20-аят. Ҳижраттың 7 жылы Зулҳижжа менен Муҳаррам айлары арасында Хайбар урысы болған.

[7] 24-аят. Бул аяттағы «Мәккәның иши» – Мәккә қаласы яки Ҳудайбия ойпаты екенинде тартыс бар. Бул жердеги жеңис те Мәккәның ийелениўи (фатҳы) яки Ҳудайбия питими болыўы мүмкин. Және Ҳудайбия күни мусылманлар үстине бастырып кирип, соқлығысыўда жеңилген ҳәм тәслим болған 80 адам деген рәўият та бар. Әбиў Ҳанийфа (рҳ.) аяттағы «жеңис»ти Мәккә фатҳы деп билгени себепли Мәккә қаласы питим менен емес, әскерий жүрис пенен ийеленген, деп есаплайды (Мд. Лс.).

[8] 27-аят. Пайғамбар (а.с.) Ҳудайбия питиминен алдын түсинде саҳабалар менен Мәккәға тыныш ҳалатта кирип, Каабаны зыярат қылған ҳәм олардың айырымлары шашларын алдырған, ал айырымлары шашын қысқарттырған. Бирақ, сол жылы Мәккәға кире алмаған, ал Ҳудайбия питими дүзилген. Мәккәны ийелеўден алдын және бир жеңис ўәде қылынғаны нәзерде тутылса, бул жеңис Хайбардың ийелениўи, ал нәўбеттегиси Мәккәның ийелениўи екени белгили болады.

[9] 29-аят. Бул тымсал мусылманлардың дәслеп әззи, кем санлы болғаны ҳәм хорланғаны, ал кейинирек ислам дини раўажланып, күшейип кеткенин аңлатады.