Қураны кәрийм аўдармасы

Юнус

Меҳрибан ҳәм Рейимли Аллаҳтың аты менен (баслайман).

1. Әлиф. Ләәм. Ро. Бул – (айтылажақ сөзлер) ҳикметли Китаптың аятлары.

2. Өзлеринен болған бир адамға (Муҳаммадқа) ўаҳий жиберип: «Адамларды ескерт ҳәм ийман келтиргенлерге Рәббиси алдындағы олар ушын «садықлық қәдеми» [1] бар екенлигиниң хош хабарын бер!» – дегенимиз, адамларға әжепленерли болды ма?! Ал, кәпирлер: «Әлбетте, бул (Муҳаммад) анық сыйқыршы», – деди.

3. Әлбетте, Рәббиңиз – аспанлар ҳәм Жерди алты күнде жаратып, соң Арштың үстинде «Мустаўий» болған Аллаҳ[2]. Ол исти тәртиплестиреди-басқарады. Оның руқсатысыз ҳеш бир шәпәәтши болмайды. Рәббиңиз – усы Аллаҳ. Солай екен, оған ибадат қылың! (Буннан) еслетпе алмайсыз ба?!

4. Ҳәммеңиздиң қайтатуғын жериңиз – Оның алды. Аллаҳтың ўәдеси – ҳақ. Ол жаратыўды баслады, соң, ийман келтирип, ийгиликли ислер қылғанларды әдалат пенен сыйлықлаў ушын оны (бәрше жаратқанларды) және (өмирге) қайтарады. Ал, кәпирлерге күпир келтиргени ушын, оларға қайнаған суўдан ишимлик ҳәм аўыртыўшы азап бар.

5. Ол Қуяшты зыя (таратыўшы), Айды нур (шашыўшы) ҳәм сизлер жыллардың санын ҳәм (ўақыт ҳәм заманға тийисли) есабын билиўиңиз ушын оны (Айды) мәнзиллерге (бөлип) өлшемли қылды[3]. Аллаҳ оны ҳақ (ҳикмет, анықлық) пенен жаратты. (Аллаҳ) билетуғын қәўим ушын аятларды толық баян етеди.

6. Әлбетте, түн ҳәм күндиздиң алмасып турыўында, аспанлар ҳәм Жерде Аллаҳ жаратып қойған нәрселерде тақўа қылатуғын қәўим ушын белгилер бар.

7. Әлбетте, бизлерге жолығыўды үмит қылмаған ҳәм бул дүнья өмиринен разы болып, оның менен арқайын болған ҳәм аятларымызға итибарсыз болғанлар (кәпирлер)

8. әне солардың орны – қылған ислери себепли – дозақ.

9. Ийман келтирип, ийгиликли ислер қылғанларды, ийманлары себепли Рәббиси ҳидаят қылады. Неъматлы жәннетлерде олардың астынан дәрьялар ағып турады.

10. Ол жерде олардың дуўасы: «Аллаҳым! Саған тасбиҳ айтамыз» (болады), ол жерде өз ара сорасыўы болса: «Сәлем». Олар дуўаларының ақырында: «Әлемлердиң Рәббиси – Аллаҳға ҳамд болсын!» (– дейди)[4].

11. Егер Аллаҳ адамларға жақсылықты тез келтиргениндей жаманлықты да тез келтиргенде, әжеллери таўсылған болар еди. Солай екен, Бизге жолығыўдан үмити жоқларды ҳәддинен асқан, тентиреп жүрген ҳалында таслап қоямыз.

12. Қашан инсанға зыян жетсе, жамбаслаған, отырған, турған ҳалында Бизге дуўа қылады. Оннан зыянды кетирсек, тап өзине жеткен зыян ҳаққында Бизге дуўа қылмағандай болып кете береди. Усылай етип, ысырапкерлерге (ҳәддинен асыўшыларға) ислеп атырған ислери зийнетли (шырайлы) қылып қойылды.

13. Сизлерден алдынғы әўладларды да зулым қылғанында ҳәм Пайғамбарлары анық (илаҳий) ҳүжжетлер менен келип, (қәўими) ийман келтирмегенинде, оларды (кәпирлерди) набыт қылғанбыз. Жынаятшы қәўимлерди усылай жазалаймыз.

14. Соң қандай әмел қылыўыңызға нәзер салыўымыз ушын олардан кейин сизлерди Жер бетинде орынбасар қылдық[5].

15. Оларға аятларымыз анық қылып тиләўат қылынса, Бизге жолығыўдан үмити жоқлар: «Буннан басқа Қуран әкел ямаса оны (Қуран аятларын) өзгерт!» – деди. Сен: «Мен өзимше оны алмастыра алмайман. Мен тек өзиме ўаҳий қылынған нәрсеге еремен. Мен егер Рәббиме бойсынбасам, уллы Күнниң азабынан қорқаман», – деп айт[6].

16. Сен: «Егер Аллаҳ қәлегенинде, оны (Қуранды) сизлерге тиләўат қылмаған ҳәм оны сизлерге (Аллаҳ) билдирмеген болар еди. Мен оннан алдын да сизлердиң араңызда жасадым ғой! Ақылыңызды ислетпейсиз бе?» – деп айт.

17. Аллаҳға өтирикти тоқыған яки Оның аятларын жалғанға шығарған адамнан да залымырақ ким бар?![7] Жынаятшылар (ҳеш қашан) қутыла алмайды.

18. Олар Аллаҳты қойып, өзлерине зыян да, пайда да бере алмайтуғын нәрселерге ибадат қылады ҳәм «Әне солар – Аллаҳтың алдындағы бизлердиң шәпәәтшилеримиз!» – дейди. Сен: «Аллаҳға, Ол аспанлар ҳәм Жерде билмейтуғын нәрсениң хабарын бережақсыз ба?!» – деп айт. Ол (Аллаҳ) – олар қылған ширктен пәк ҳәм жоқары!

19. Адамлар тек бир үммет (бир динде) болған еди[8]. Соң бөлинди. Егер Рәббиңнен (қыяметке шекем қойып қойыў ҳаққында) айтылған сөз болмағанда, олар тартысып атырған нәрсе ҳаққында орталарында (әлле қашан) ҳүким қылынған болар еди.

20. Олар (Муҳаммадқа): «Оған Рәббисинен бир мөжиза келсе еди!» – дейди. Сонда, сен: «Fайып – Аллаҳтики. Солай екен, күтип турың, мен де сизлер менен бирге күтиўшимен», – деп айт.

21. Адамларға[9] жеткен зыяннан (қәҳәтшиликтен) кейин мийирманшылықты (молшылықты) таттырсақ, сол ўақытта, оларда аятларымыз ҳаққында ҳийле пайда болады. Сен: «Аллаҳ – «ҳийле»ни тез қылыўшы. Елшилеримиз (периштелеримиз) сизлер қылып атырған ҳийлелерди жазып барады», – деп айт.

22. Ол сизлерди қурғақлықта ҳәм теңизде жүргизди. Сизлер кемеде болғаныңызда ҳәм олар жеңил самал менен оларды (сизлерди)[10] алып кеткенде, олар буннан қуўанғанында, қатты самал ҳәм ҳәр тәрептен толқын келип, олар өзлериниң қоршаўда қалғанын аңлағанда, Аллаҳға шын ықлас пенен: «Егер бизлерди усыдан қутқарсаң, әлбетте, шүкир қылыўшылардан боламыз!» – деп дуўа қылады.

23. (Аллаҳ) оларды қутқарғаннан кейин, бирден, (және) олар Жер бетинде наҳақтан ҳәддилеринен асады. Ҳәй адамлар! Бул ҳәддиңизден асыўыңыз өзлериңизге зыян. (Бул рәҳәт) тек дүнья өмириниң буйымы (алданышы). Соң қайтатуғын жериңиз – Бизиң алдымыз. Сонда, Биз қылған ислериңиздиң хабарын беремиз.

24. Дүнья өмириниң мысалы Биз аспаннан түсирген суў (жаўын) болып, адамлар ҳәм ҳайўанлар жейтуғын нәрселерден ибарат жердиң шөплери оның менен араласып, ҳәтте жер жасанып ҳәм зийнетленгенде, жер ийелери өзлерин оған қәдир деп билген бир ўақытта, жерге түнде ямаса күндизи Бизиң буйрығымыз келип, оны кеше абат болмағандай (жыйнап алынған) зүрәәтке айландырып қойғанымызға уқсайды. Пикир жүритиўши қәўим ушын (Биз) аятларды усылай баян етемиз.

25. Аллаҳ (адамларды) тынышлық үлкесине[11] (жәннетке) шақырады ҳәм Өзи қәлегенин туўры жолға ҳидаят қылады.

26. Шырайлы ис қылғанларға шырайлы нәрсе (жәннет) ҳәм зыядалық (Аллаҳты көриў) бар[12]. Олардың жүзлерин қаралық та, хорлық та қапламайды. Әне солар – жәннет халқы. Олар ол жерде мәңги қалады.

27. Гүна ислерди қылғанларға, гүнасына жараса жаза бар ҳәм оларды хорлық қаплайды. Олар ушын Аллаҳтан (азабынан) сақлаўшы нәрсе болмайды. Олардың жүзлери қараңғы түнниң бир бөлеги менен қапланғандай болады. Әне солар – дозақ ийелери. Олар ол жерде мәңги қалады.

28. Ол күни олардың ҳәммесин (қыяметте) топлаймыз. Соң ширк келтиргенлерге: «Сизлер де, (Аллаҳға) шерик қылғанларыңыз да орынларыңыздан қыймылдамаң!» – деймиз. Кейин, олардың араларын ажыратамыз. (Сыйынылған) шериклериңиз айтады: «Бизлерге ибадат қылмайтуғын едиңиз.

29. Бизлер менен сизлердиң араңызда гүўалыққа Аллаҳ жетерли. Бизлер сизлердиң қылған ибадатларыңыздан ғапыл (бийхабар) едик».

30. Сол жерде ҳәр бир жан (ийеси) өзи қылып өткен исинен сыналады ҳәм ҳақыйқый ийеси – Аллаҳға қайтарылады. Тоқып жүрген нәрселери де (бутлары да) жоқ болып қалады.

31. Сен: «Сизлерди аспанлар ҳәм Жерден ким ырысқыландырып атыр?! Ямаса қулақ ҳәм көзлериңиздиң ийеси ким?! Тирини өлиден, өлини тириден шығаратуғын ким?! Исти тәртиплестирип, басқаратуғын ким?!» – деп айт. Олар, әлбетте: «Аллаҳ», – дейди. Сонда, сен: «(Онда Аллаҳтан) қорықпайсыз ба?!» – деп айт.

32. Сол – ҳақыйқый Рәббиңиз болған Аллаҳ. Ҳақыйқаттан басқасы тек адасыў болады. Солай екен, қаяққа аўып баратырсыз?!

33. Усылайынша ийман келтирмегенлери себепли фасықлық қылғанлар үстинен Рәббиңиздиң («азаплайман» – деген) сөзи ҳақыйқат болды.

34. Сен: «Шериклериңиздиң (бутларыңыздың) арасында алдын жаратып, соң (жаратқан нәрселери өлгеннен кейин) және оларды тирилте алатуғынлары бар ма?!» – деп айт. Сен: «Аллаҳ мақлуқатты алдын жаратып, соң қайтарады. Солай екен, қаяққа аўып баратырсыз?!» – деп айт.

35. Сен: «Шериклериңиздиң (бутларыңыздың) арасында ҳаққа ҳидаят қылатуғын бар ма?» – деп айт. Сен: «Аллаҳ ҳаққа ҳидаят қылады. Ҳаққа ҳидаят қылатуғын (Аллаҳ) ерилиўге ҳақылы ма ямаса ҳидаят қыла алмайтуғын, ал өзи ҳидаятқа мүтәж нәрсе ме?![13] Сизлерге не болды?! Қандай ҳүким қылып атырсыз (өзи)?!» – деп айт.

36. Олардың көпшилиги тек гүманға ереди. Ал, гүман ҳеш нәрседе ҳақыйқаттың орнына өтпейди. Әлбетте, Аллаҳ – олардың ислеп атырған ислерин билиўши.

37. Бул Қуран Аллаҳтан басқа биреў тәрепинен тоқылған болыўы мүмкин емес. Ал, ол (пүткил) әлемлердиң Рәббиси тәрепинен (келген), ол ҳаққында ҳеш қандай шубҳа болмаған, өзинен алдынғы нәрсени (илаҳий Китапларды) тастыйықлаўшы ҳәм толық баян етилген Китап.

38. Ямаса «оны (Муҳаммад) тоқыған» дей ме?! Сен: «Егер рас сөйлеўши болсаңыз, оған уқсайтуғын бир сүре келтириң! Аллаҳтан басқа кимге имканиятыңыз болса, соларды (жәрдемге) шақырың!» – деп айт.

39. Ал, (олар Қуран) илимин билмей, өзлерине оның мәниси (тәфсири) келмей турып, (Қуранды) жалғанға шығарды. Олардан алдынғылар да (пайғамбарларын) Усылай етип жалғанға шығарған. Залымлардың ақыбети қандай болғанына қара!

40. Олардың арасында оған (Қуранға) ийман келтиргенлери де бар, олардың арасында оған ийман келтирмегенлери де бар. Ал, Рәббиңиз бузғыншыларды билиўширек.

41. Егер олар сени жалғаншыға шығарса, сен: «Маған – өзимниң әмелим, сизлерге – өзлериңиздиң әмеллериңиз. Мениң қылып атырған исиме сизлердиң қатнасыңыз жоқ, сизлердиң қылып атырған исиңизге мениң де қатнасым жоқ», – деп айт.

42. Олардан саған (бийпәрўалық пенен) қулақ асатуғынлары да бар. Өзлери ақыл ислетпесе, сен «герең»лерге (гәп) еситтире аласаң ба?!

43. Олардан саған (қуры) нәзер салатуғынлары да бар. Өзлери көрмесе, сен «соқыр»ларды туўры жолға баслай аласаң ба?![14]

44. Әлбетте, Аллаҳ адамларға ҳеш қандай зулым (наҳақлық) қылмайды, бирақ адамлар өзлерине зулым қылады.

45. Олар топланатуғын Күни (қыяметте, бул дүньяда жасаған ўақтын) мисли күндиз бир саат турғандай сезип, бир-бирин таный баслайды. Аллаҳға жолығыўды өтирик дегенлер зыян көрди, ҳидаят тапқанлардан болмады.

46. Оларға ўәде еткен нәрселеримиздиң айырымларын саған көрсетсек те ямаса сени (алдынырақ) өлтирсек те (бәри бир) олардың қайтатуғын жери – Бизиң алдымыз. Соң олардың қылып атырған нәрселерине Аллаҳ гүўа.

47. Ҳәр бир үммет ушын Пайғамбар бар (жиберилген). Қашан оларға Пайғамбарлары келсе, (үмметлердиң) араларында әдалат пенен ҳүким қылады. Оларға зулым (наҳақлық) қылынбайды[15].

48. Олар: «Егер рас сөйлеўши болсаңыз, бул ўәде (азап) қашан болады?» – дейди.

49. Сен: «Аллаҳ қәлемесе мен (ҳәтте) өзиме зыян да, пайда да жеткизе алмайман. Ҳәр бир үмметтиң (белгиленген) әжели (мүддети) бар. Әжеллери келгенде, бир саат артқа да, алдыға да сүре алмайды», – деп айт.

50. Сен: «Көрдиңиз бе?! Егер Оның азабы сизлерге түнде ямаса күндиз келетуғын болса, жынаятшылар оның (азаптың) несине асығады?!» – деп айт.

51. (Қыямет күни ийман келтирмегенлерге): «Ол (қыямет) болғанынан кейин оған ийман келтирдиңиз бе? Енди ме?! Сизлер оны (қашан болады, деп) асықтырған едиңиз ғой?!»

52. Соң зулым қылғанларға: «Мәңги азапты татың! Сизлер қылмысларыңызға жараса жазаланасыз», – делинеди.

53. Олар сеннен: «Ол (азап) ҳақ па?» – деп сорайды. Сен: «Аўа, Рәббиме ант, ол, әлбетте, ҳақ, сизлер илажсыз қалдырыўшы (оннан қутылыўшы) емессиз», – деп айт.

54. Зулым қылған ҳәр бир жан (ийесиниң ықтыярын)да Жер бетиндеги ҳәмме нәрсе болса, (Қыяметте оларға берилетуғын азаптан қутылыў ушын) оны пидә қылып жиберген болар еди. Азапты көрген ўақытта өкинишлерин сыр тутады. Олардың арасында әдалат пенен ҳүким шығарылады. Оларға зулым қылынбайды.

55. Билип қойың! Аспанлар ҳәм Жердеги нәрселер – Аллаҳтики. Билип қойың! Аллаҳтың ўәдеси – ҳақ. Бирақ, олардың көбиси (буны) билмейди.

56. Ол тирилтеди ҳәм өлтиреди ҳәм де (ақыретте) Оның алдына ғана қайтарыласыз.

57. Ҳәй адамлар! Сизлерге Рәббиңизден нәсият, кеўиллериңиздеги нәрсеге (ширк ҳәм басқа иллетлерге) шыпа, мөминлерге ҳидаят ҳәм мийрим келди[16].

58. Сен: «Аллаҳтың кеңшилиги ҳәм Оның рейими менен. Демек, буның менен (мусылманлар) қуўансын! Ол олар топлайтуғын нәрселерден (байлықлардан) жақсы», ­– деп айт[17].

59. Сен: «Көрдиңиз бе, Аллаҳ сизлерге нәзил еткен ырысқыдан, (айырымын) ҳарам ҳәм (айырымын) ҳадал қылдыңыз!» – деп айт. Сен: «Аллаҳ сизлерге руқсат берди ме ямаса Аллаҳ ҳаққында өтирикти тоқып атырсыз ба?!» – деп айт.

60. Аллаҳ ҳаққында өтирик тоқығанлардың қыямет күни ҳаққындағы ойлары не екен?! Әлбетте, Аллаҳ – адамларға кеңшилик ийеси. Бирақ, олардың көпшилиги шүкир етпейди.

61. Қандай жағдайда болсаңыз да, Қураннан нени тиләўат қылсаңыз да, қандай ис қылып атырған болсаңыз да, әлбетте, Биз сизлер соған кирисип атырған ўақытыңызда-ақ, сизлерге гүўамыз. Жерде де, аспанда да зәрре муғдарындағы, оннан киширеги де, үлкениреги де Рәббиңизден жасырын қалмайды, ал ол анық Китапта (Лаўҳул Маҳфузда бар).

62. Билип қойың! Аллаҳтың досларына қәўип жоқ, олар қапа да болмайды[18].

63. Олар – ийман келтиргенлер ҳәм тақўалылар.

64. Оларға дүнья өмиринде де, ақыретте де хош хабар бар. Аллаҳтың сөзлеринде өзгертиў жоқ. Бул – үлкен утыс.

65. Олардың (кәпирлердиң) гәпи сени қапа қылмасын! Әлбетте, қүдиреттиң ҳәммеси – Аллаҳтики. Ол – Еситиўши, Билиўши.

66. Билип қойың! Аспандағылар да, Жердегилер де – Аллаҳтики. Аллаҳтан басқа шериклерге дуўа қылып атырғанлар не затқа ерип атыр? Олар тек гүманға ғана ерип атыр. Олар тек шамалайды.

67. Ол сизлерге түнди дем алыўыңыз ушын, күндизди (ис-ҳәрекетиңиз ушын) жақтылық беретуғын қылып жаратты. Әлбетте, бунда еситетуғын қәўим ушын белгилер бар.

68. Олар: «Аллаҳтың баласы бар», – деди. Ол – (бундай нәрселерден) пәк. Ол (оған) мүтәж емес. Аспанлардағы нәрселер де, Жердеги нәрселер де – Оныки. Бул ҳаққында (Аллаҳтың баласы бар екенине) сизлерде ҳеш қандай дәлил жоқ! Аллаҳ ҳаққында билмейтуғын нәрсеңизди айта бересиз бе?!

69. Сен: «Әлбетте, Аллаҳ ҳаққында өтирикти тоқығанлар утысқа ерисе алмайды», – деп айт.

70. (Олар) бул дүньядан (азы-кем) пайдаланады, кейин олардың қайтатуғын жери – Бизге. Соң күпир келтиргенлери ушын оларға Биз қатты азапты таттырамыз.

71. (Ҳәй Муҳаммад!) Оларға Нуҳтың хабарын оқып бер! Ол өзиниң қәўимине айтты: «Ҳәй қәўимим! Егер (сизлердиң араңыздағы мениң) орным ҳәм Аллаҳтың аятлары менен (сизлерди) ескертиўим аўыр болып атырған болса, онда мен Аллаҳға тәўекел қылдым! Сизлер шериклериңиз (бутларыңыз) бенен жыйналып, жумысыңызды қыла бериң! Кейин исиңиз өзиңизге ғам-тәшўиш[19] болып қалмасын! Соң маған болған ҳүкимиңизди шығара бериң, мени күтип отырмаң!

72. Енди, егер жүз бурсаңыз, мен сизлерден (бул хызметим ушын) ҳақы сорағаным жоқ. Мениң ҳақым (саўабым) тек Аллаҳтан. Мен мусылманлардан болыўға буйырылғанман».

73. Соң оны (Нуҳты) өтирикшиге шығарды. Кейин Биз оны ҳәм оның менен кемеде бирге болғанларды қутқардық ҳәм оларды (Жер бетинде) орынбасар қылдық. Ал, аятларымызды жалғанға шығарғанларды шөктирдик. Ескертилгенлердиң ақыбети (тәғдири) не болғанына қара!

74. Енди оннан кейин (көплеген) Пайғамбарларды (өз) қәўимлерине жибердик[20]. Сонда оларға анық ҳүжжетлерди келтирди. Олар алдын жалғанға шығарған нәрселерине (сонда да) ийман келтирмеди. Ҳәддинен асыўшылардың қәлбин Усылай етип тамғалаймыз.

75. Соң олардан кейин Муўса ҳәм Ҳарунды Фиръаўн ҳәм оның ақсүйеклерине өз мөжизаларымыз бенен жибердик[21]. Сонда олар тәкаббырлық қылды ҳәм жынаятшы қәўим болды.

76. Ал, бизиң алдымыздан оларға ҳақыйқат келгенде, олар: «Бул, әлбетте, анық сыйқыр», – деди.

77. Муўса: «Сизлерге ҳақыйқат келгенде (оны инкәр етип) усындай дейсиз бе?! Усы сыйқыр ма?! Сыйқыршылар утысқа ерисе алмайды ғой!» – деди.

78. Олар: «Ата-бабаларымызда биз тапқан нәрседен бизлерди бурыў ушын ҳәм екеўиңиз Жер бетинде үлкен (ҳүкимдар) болыў ушын бизлерге келдиң бе? Бизлер екеўиңизге исениўши емеспиз», – деди.

79. Фиръаўн: «Маған ҳәмме илимли сыйқыршыларды әкелиң!» – деди.

80. Сыйқыршылар келгенде, Муўса оларға: «Таслайжақ болған нәрселериңизди таслаң!» – деди.

81. Олар (қолларындағы нәрселерин) таслағанда, Муў­са айтты: «Сизлер келтирген нәрсе – сыйқыр. Әлбетте, Аллаҳ оны пуш қылады. Себеби, Аллаҳ бузғыншылардың исин оңламайды.

82. Жынаятшылар жақтырмаса да, Аллаҳ Өзиниң сөзлери (буйрықлары) менен ҳақыйқатты жүзеге шығарады».

83. Муўсаға тек өзиниң қәўиминен бир зүряд (адамлары) Фиръаўн ҳәм оның ақсүйеклери фитна қылыўынан қорқып ғана ийман келтирди[22]. Себеби, Фиръаўн Жер бетинде (өзин) «жоқары тутыўшы» (тәкаббыр) еди. Әлбетте, ол ысырапкерлерден.

84. Муўса: «Ҳәй қәўимим! Аллаҳға ийман келтирген екенсиз, онда тек Оған ғана тәўекел қылың! Егер мусылман болсаңыз», – деди.

85. Сонда олар айтты: «Аллаҳға ғана тәўекел қылдық. Я Рәббимиз! Бизлерди залымлар қәўимине фитна (алданыўшы) қылып қойма!

86. Өз мийирманшылығың менен кәпирлердиң қәўиминен қутқар!»

87. Биз Муўса ҳәм оның әжағасына: «Екеўиңиз қәўимиңиз ушын Мысырда үйлер таярлаң, үйлериңизди қубла (намазжай) қылып, намазды кәмил оқың[23] ҳәм мөминлерге хош хабар бериң!» – деп ўаҳий жибердик.

88. Муўса: «Я Рәббимиз! Сен Фиръаўн ҳәм оның ақсүйеклерине дүнья өмиринде зийнет ҳәм мал-дүнья бердиң. Я Рәббимиз! (Ал, бул адамларды) Сениң жолыңнан адастырыўға себеп болды[24]. Я Рәббимиз! Олардың мал-дүньяларын жоқ қыл ҳәм кеўиллерин қатты қыл, аўыртыўшы азапты көрмегенше, ийман келтирмесин!» – деди.

89. (Аллаҳ): «Екеўиңиздиң дуўаңыз қабыл болды[25]. Енди (динге шақырыў ислерине екеўиңиз) тақ турың! Билмейтуғынлардың жолына ермең!» – деди.

90. Исрайыл әўладын теңизден өткиздик. Кейин Фиръаўн ҳәм оның ләшкерлери ҳәддинен асып, душпаншылық қылып, олардың изинен қуўды. (Фиръаўн ҳәм оның ләшкерлери) шөгип атырғанда: «Ийман келтирдим. Исрайыл әўлады ийман келтирген (Қудайдан) басқа илаҳ жоқ. Мен мусылманларданман», – деди.

91. (Аллаҳ айтты:) «Енди ме?! Алдын бойсынбаған ҳәм бузғыншылық қылған едиң ғой?!

92. Сеннен кейингилерге өрнек болыўы ушын бүгин сениң денеңди қутқарамыз[26]. Адамлардың көпшилиги Бизиң аятларымызға итибарсыз».

93. Ҳақыйқатында да, Биз Исрайыл әўладын қолай жерге (Мысыр ҳәм Шамға) жайластырдық ҳәм оларды пәк нәрселер менен ырысқыландырдық. Оларға илим (Таўрат) келмегенше тартыспады. Әлбетте, Рәббиң қыямет күни олар арасында тартысқан нәрселери бойынша Өзи ҳүким шығарады.

94. (Ҳәй Муҳаммад!) Егер саған нәзил еткен нәрседен шубҳада болсаң, сеннен алдын Китапты оқығанлардан сора! Ҳақыйқатында да, Саған Рәббиңнен ҳақыйқат (ўаҳий) келди. Солай екен, шубҳаланыўшылардан болма!

95. Аллаҳтың аятларын ҳасла жалғанға шығарыўшылардан болма, кери жағдайда зыян көриўшилерден боласаң!

96. Әлбетте, (тәғдиринде) Рәббиңниң («кәпир болады», деген) сөзине ылайық болғанлар, ийман келтирмейди.

97. Егер оларға барлық мөжиза келсе де, қашан (қыяметте) аўыртыўшы азапты көрмегенше (ийман келтирмейди).

98. (Биз қыйратқан аўыллардан) бир аўыл (халқы) ийман келтиргенде еди, ийманы оған пайда берген (ҳәм қыйратылмаған) болар еди. Тек Юнус[27] қәўими ғана ийман келтиргенде, олардан дүнья өмириндеги хорлық азабын кетирдик ҳәм оларды ўақытша (дүньядан) пайдаландырдық.

99. Егер Рәббиң қәлегенде, Жер бетиндеги ҳәмме (адамлар) ийман келтирген болар еди. Ямаса сен адамларды мөмин болыўына мәжбүрлейсең бе?!

100. Аллаҳтың руқсатысыз ҳеш бир жан (инсан) ийман келтире алмайды. (Аллаҳ) азапты ақыл жүргизбейтуғынларға рәўа көреди.

101. Сен: «Аспанлар ҳәм жердеги нәрселерге қара! (Бирақ,) ийман келтирмейтуғынлар қәўимине мөжизалар да, ескертиўлер де пайда бермейди», – деп айт.

102. Олар өзлеринен алдын (ийман келтирмей) өткенлердиң күнлерине уқсас (азап жаўылған) күнлерди ғана күтип атыр. Сен: «Күте бериң! Мен де сизлер менен бирге күтиўшимен», – деп айт.

103. Соң Пайғамбарларымызды ҳәм ийман келтиргенлерди қутқардық. Солай етип, мөминлерди қутқарыў Бизиң мойнымызда.

104. Сен: «Ҳәй адамлар! Егер мениң динимде шубҳаңыз болса, онда (билип қойың,) сизлер Аллаҳты қойып сыйынып атырғаныңызға (бут-сәнемлерге) мен сыйынбайман. Ал, сизлерди өлтиретуғын Аллаҳға сыйынаман ҳәм мен мөминлерден болыўға буйырылғанман», – деп айт.

105. Жүзиңди (өзиңди) туўры динге тут! Мушриклерден болма!

106. Аллаҳты қойып, саған пайда да, зыян да жеткизе алмайтуғын нәрселерге илтижа қылма! Егер (усындай) қылсаң, онда сен залымлардан боласаң.

107. Егер Аллаҳ саған бир зыян жеткизсе, оны Өзинен басқа кетиретуғын (күш) жоқ. Егер Ол саған жақсылықты қәлесе, Оның кеңшилигин қайтарыўшы (күш те) жоқ. Оны (кеңшилигин) бенделеринен қәлегенине жеткизеди. Ол – Кеширимли, Рейимли.

108. Сен: «Ҳәй адамлар! Сизлерге Рәббиңизден ҳақыйқат (Қуран ҳәм пайғамбар) келди. Енди ким ҳидаятқа кирсе, өзи ушын ҳидаятқа киреди. Ким адасса, онда өзиниң зыянына адасады. Мен сизлерге жуўапкер емеспен», – деп айт.

109. Саған ўаҳий қылынған нәрсеге ер ҳәм Аллаҳ ҳүким қылғанша сабыр ет! Ол – ҳүким қылыўшылардың жақсысы.



[1] 2-аят. «Садықлық қәдеми» не екени ҳаққында Ибн Аббас (рз.) әмеллери ушын берилетуғын саўап десе, Заҳҳак (рҳ.) садықлық саўабы, дейди. Мужаҳид (рҳ.) ибадатлары десе, Ҳасан Басрий (рҳ.) алдын қылған ийгиликли әмеллери, дейди. Зайд ибн Аслам (рҳ.) Муҳаммадтың (а.с.) шәпәәтлери, десе, Әбиў Убайда (рҳ.) алдын қылған жақсы ҳәм жаман ислери, деп тәфсир қылған (Хз.).

Имам Табарий (рҳ.) Мужаҳидтиң (рҳ.) «ийгиликли әмеллер» тәфсири мақулырақ деп жазады.

[2] 3-аят. Бул аят «муташабиҳ» аятлардан болып, «Мустаўий болды» сөзин аўдарып ҳәм тәфсир етиўди салаф уламалары мақул көрмеген (Ақ.).

[3] 5-аят. Айдың он еки шоқ жулдызы ҳәм жигирма сегиз мәнзили бар. Шоқ жулдызлар – ҳамал, сәўир, жаўза, саратан, ҳәсет, сүмбиле, мийзан, ақрап, қаўыс, жедди, дәлиў, ҳүт. Ҳәр бир шоқ жулдызда еки-үштен бир мәнзил болып, Ай ҳәр күни түнде усы мәнзиллерден бирине тоқтап өтеди. Егер ай 30 күн болса, еки түн Ай көринбейди. 29 күн болса, бир түн көринбейди. Қуяш бул мәнзиллердиң ҳәр биринде 13 күн ҳәм 1/3 күнде қонып өтеди. 28 мәнзилдиң күнлери қосылып бир жыл болады (Бғ.).

[4] 10-аят. Жәннет әҳли бир нәрсе жегиси келсе, тасбиҳ айтады екен. Яғный, «Субҳанакаллаҳумма» деўи менен кеўли қәлеген тағам ҳәм басқа наз-неъматлар таяр болады екен. Муаккал (жуўапкер) хызметкерлер олардың тасбиҳлерин еситиўи менен дастурханларда жетпис мың ҳәр түрли бир-бирине уқсамаған тағамларды алып келеди екен. Тағамнан кейин Аллаҳға ҳамд айтыўы менен хызметкерлер дастурханларды жыйнастырып алып кетеди екен. Аяттың басқаша тәфсири – жәннет әҳли Аллаҳтың сыпатларына ылайық ҳамду сәне ҳәм тасбиҳлерди айтыўдан рәҳәтленеди екен. Демек, бул зикирлери қуўаныш ҳәм қанаатланыўшылық белгилери екен. Ҳәдисте: «Жәннет әҳли жеп ишеди, бирақ ҳеш қандай шығынды, тасланды сыяқлы нәрселер шықпайды. Жеген аўқатлары мушку анбар ийиси киби пуў ҳәм кекирик түринде шығып кетеди», – делинген (Хз. Лс.).

[5] 14-аят. Бул аят Муҳаммад (а.с.) үммети ушын ескертиў есапланады. Себеби, оның мазмунынан: «Сизлерден алдынғы үмметлерди Аллаҳға ҳәм пайғамбарларына итаатсызлық қылғаны себепли түрли бәле ҳәм азаплар жиберип, набыт қылдым. Енди сынаў нәўбети сизлерге келди» деген мәни келип шығады (Лс.).

[6] 15-аят. Бул гәпти айтыўына себеп – аятлардағы кәпир ҳәм мушриклер ҳәм де бут-сәнемлер ҳаққында келген илаҳий ҳүкимлер оларға жақпас еди (Мд.).

Фахриддин Разий (рҳ.) тәфсири бойынша, Мәккә мушриклериниң бул усыныслары еки түрли итималдан жырақ емес: бириншиден, бул гәпти олар Расулды (а.с.) масқара қылыў нийетинде айтқан яки тәжирийбе-сынақ ушын, яғный егер олар айтқан талапты қылса, демек, Қуран аятлары Аллаҳ тәрепинен түсириледи, деген гәпи жалған болып шығады, – деп ойлаған. Расулуллаҳтың (а.с.) қарсы жуўапларынан кейин өзлери тартыста жеңилди. (Хз.).

[7] 17-аят. Заҳҳактың (рҳ.) тәфсири бойынша, Аллаҳға жалған тоқыған залым шахс Мусайлама исимли гәззап. Ол өзин пайғамбар деп жәриялаған ҳәм Муҳаммадқа (а.с.) пайғамбарлықты екиге бөлип алыўды усыныс еткен еди (Лс.).

[8] 19-аят. Яғный, Адам (а.с.) дәўири болып, Қабыл Абылды өлтиргенге шекем даўам еткен яки Нуҳ (а.с.) топан суўдан аман қалған мусылманлар менен жасаған дәўир болып, сол пайытта аман қалғанлар ислам дининде болған еди (Мд. Хз. Лс.).

[9] 21-аят. Мәккә кәпирлериниң басына келген жети жыллық қәҳәтшилик ҳәм қурғақшылықтан кейин жаўын-шашынды көбейтип молшылық пайда еткени ушын Аллаҳға шүкирлик айтыў орнына және күпир, жаўызлық ҳәм ҳийле ислерге берилип кеткен ҳәм молшылықты өзимиз пайда еттик, – деген еди (Мд. Хз.).

[10] 22-аят. «Сизлерди» сөзиниң орнына «оларды» деп екинши беттен үшинши бетке өтиў, балағат (риторика) илиминде «илтифат» деп аталады.

[11] 25-аят. «Тынышлық үлкеси»ниң арабшасы аятта «Дарус-салам», – делинген. Оны түрлише тәфсир қылған. Мәселен, «ас-Салам» Аллаҳтың атларынан бири, «дар» жәннет. Демек, оның мәниси, «Аллаҳтың жәннети» болады. «ас-Салам» саламатлық, тынышлық мәнислерин де билдиреди. Ҳәдиси шәрийфте: «Көзим уйқыда, кеўлим ояў пайытында қулағыма ҳаўаз келди. Ол бир хожа ҳәўли қурды, дастурхан жасады ҳәм зыяпатқа мирәт етиў ушын жаршы жиберди. Мирәтти қабыл еткен адам келип, дастурхан үстинде мийман болды. Хожа бул – Аллаҳ, ҳәўли – ислам, дастурхан – жәннет, жаршы – Муҳаммад», – делинген (Лс.).

[12] 26-аят. Әбиў Бәкир, Ҳузайфа, Ибн Аббас, Әбиў Муўса, Убада (рз.) киби уллы саҳабалар ҳәм муфассирлер аяттағы «зиядалық»ты Аллаҳтың жамалын көриў, деп тәфсир қылған. Ҳәдисте: «Жәннет әҳли өз орынларын ийелеп болғаннан кейин Аллаҳ таала оларға, және бирер нәрсе қәлейсиз бе, деп сорайды екен. Олар, жүзимизди жарық қылдың, жәннетке еристирдиң, дозақтан пана бердиң, және нени қәлеймиз, дегенде ортадан пердени көтерип, Өзин көрсетеди екен. Жәннет әҳли буннан жағымлырақ неъмат жоқлығын тән алады». Расул (а.с.) усындай деп, бул аятты дәлил сыпатында оқып берген. Имам Насафийдиң (рҳ.) тәфсир китабында: «Имам Замахшарий бул ҳәдисти басқаша ибаралар менен зикир етип, оны «мадфуъ ҳәдис», яғный бийкар етилген ҳәдис, деп баҳалағанына ҳайран қаламан», – деп жазады (Мд.).

Муътазилийлер дүньяда да, ақыретте де Аллаҳты көриў мүмкин емес, деп есаплайды (Ақ.).

[13] 35-аят. Бут ҳәм сәнемлер жансыз буйым болса, олардың жолға салыўы ҳәм салыныўы қалай көз алдыға келтириледи? Бул сораўға бир неше түрли жуўап берилген. Мәселен, бут ҳәм сәнемлерге сыпаты берилип атырған «жол көрсетиў» бир орыннан екинши орынға көширилиўи. Яғный, олардың өзи көшпейди, ал кимдур көтерип көшириўге мүтәж.

Екинши жуўап – бул жердеги «жолға салыў» яки «салыныў» астарлы мәниде қолланылған. Яғный, бутпаразлардың ақыйдасы бойынша мәмиле қылынбақта. Үшинши жуўап – бул жердеги «шериклер»ден мушриклердиң басшылары нәзерде тутылған болыўы мүмкин (Хз.).

[14] 43-аят. Бул жерде гәп мәнаўий соқырлық ҳаққында бармақта. Себеби, көзи әззи бола турып, кеўил көзи ашық адамлардан жақсылық күтиў мүмкин. Мәнаўий соқыр ҳәм герең адамларды, ҳәттеки, пайғамбарлар да туўры жолға салыўы қыйын екени ҳаққында буннан басқа аятлар да көп. Буннан алдынғы аятта өзин гереңликке салған адамларда ақыл да болмайтуғынлығы, ал бул аятта өзин соқырлыққа салғанлардың көзлери әззи деп сыпат берилиўинде қулақтың көзден, еситиў қәбилетиниң көриў қәбилетинен үстин екенине ишара бар. Бул аятлар «жаўамиул-калим», яғный сөзи қысқа, бирақ ҳикметли мәниге ийе аятлардан (Лс.).

[15] 47-аят. Ислам исеними бойынша, пайғамбар яки илаҳий китап жетип келмеген ҳәм диннен улыўма бийхабар өткен адам өз ақылы менен Аллаҳты танымаған болса, ақыретте Аллаҳ алдында оның үзири қабыл етилмейди (Ақ.).

[16] 57-аят. Ҳақыйқатында да, Қуран аятларында келтирилген ўаз-нәсият, еслетпе, буйрылған ислерге бойсынған ҳәм қадаған етилген ислерден тыйылғанларға материаллық ҳәм мәнаўий жақтан пайдалы. Әсиресе, кеўиллериндеги бузық ақыйдалар, унамсыз иллетлер дүзетиледи екен, инсанның диний ҳәм дүньялық ислери өз-өзинен изге түсип, еки дүнья бахтына ерисиў имканияты туўылады. Буның ушын тек шын ийман ҳәм туўры исеним болыўы зәрүр.

[17] 58-аят. Бул аятта Аллаҳтың еки уллы неъматы зикир қылынып атыр. Бири – кеңшилиги ҳәм сақыйлығы, яғный Ислам дини. Екиншиси – мийирманшылығы, яғный Қураны кәрийм. Ҳәдиси шәрийфте айтылады, кимге Аллаҳ таала Ислам дини ҳәм Қуран илимин несип еткен болып, ол кәмбағалман деп налыса, Аллаҳ қыямет күнине шекем оның еки көзиниң ортасына (маңлайына) жарлылық тамғасын басып қояды.

Ибн Аббас (рз.), Ҳасан Басрий ҳәм Қатода (рҳ.)лар аяттағы «Аллаҳтың кеңшилиги» – ислам. «Оның мийирманшылығы» – Қуран, деп тәфсир қылған. Ал, Әбиў Саид ал-Худрий (рз.) Аллаҳтың кеңшилиги – Қуран, Оның мийирманшылығы – Қуранға ийе болыў, деген. Буннан басқаша тәфсирлер де бар (Хз.).

[18] 62-аят. «Аллаҳтың дослары», яғный әўлийелер ким екенлиги ҳаққында ҳәр қыйлы тәрийплер бар. Соның ишинде, олар таат-ибадат пенен Аллаҳға жақын болыўшы, ал Аллаҳ оларға кеңшилиги ҳәм сақыйлығы менен жақын болған адамлар есапланады. Көпшилик уламалардың пикири бойынша ўәлийлер Аллаҳ жолында досласқан адамлар болып, оларды байланыстырып турыўшы нәрсе байлық та емес, ағайиншилик те емес, ал Аллаҳтың разылығы. Буған дәлил қылып, мына ҳәдисти келтиреди: «Аллаҳтың сондай бенделери де бар, қыямет күни олардың Аллаҳға жақынлығын көрип, пайғамбарлар ҳәм шейитлер де олардың дәреже ҳәм мәртебелерин ҳәўес қылады. Олар өз ара ағайин де емес, бир-бири менен байлық жақтан да алыс-бериси болмаған, бирақ олар Аллаҳтың жолында досласқан адамлар. Олардың жүзлеринен нур жаўып турады. Адамлар (қыямет қорқынышынан) қорыққанда, олар қорықпайды, адамлар (гүналарынан) тәшўиш шеккенде олар тәшўиш шекпейди», – деп Расул (а.с.) усы аятты оқып берген екен (Дў. Хз.).

Ўәлийлер яки әўлийелер тәрийпи тасаўўыфта өзине тән тәризде сәўлелендирилген. Ҳәр еки тәрийп арасында анық мүнәсибет бар.

[19] 71-аят. Ислериңиз сизлерге ғам-тәшўиш болмасын» ибарасындағы «ғам-тәшўиш» басқа мәниде де тәфсир қылынған. Мәселен, «қупыя болмасын» деген мәниде. Буған қарағанда, гәптиң мәниси Нуҳ (а.с.) өз қәўимине: «Мени өлтириўге болған нийетиңиз қупыя емес, ашықтан-ашық болсын», – деген болады. Нуҳ (а.с.) өз қәўими арасында 950 жыл турған (Мд.).

[20] 74-аят. Нуҳтан (а.с.) кейин Ҳуд, Солиҳ, Ибраҳим, Лут, Шеъя (Ашеъя) киби пайғамбарлар жиберилгени ҳәм олардың көпшилик қәўими Аллаҳға ҳәм пайғамбарларына итаатсызлық қылғаннан кейин, Оның ғәзебине ушырап набыт етилгени айтылып, Мәккә мушриклери ескертилмекте (Мд.).

[21] 75-аят. Бул жерде зикир етилген Муўсаның (а.с.) мөжизалары қолларынан таралыўшы жақтылық, ҳасасы, суў тасқыны, шегиртке, бийт-бүрге, қурбақа, қан, қәҳәтшилик сыяқлылар еди (Абс.).

[22] 83-аят. Ийман келтирген бир зүряд адамлары кимлер екени ҳаққында бир неше тәфсирлер бар. Олар Муўсаның қәўиминен, яғный Исрайыл әўладынан, Фиръаўн өлтиргенлерден аман қалғанлары, яғный қибтийлерге яҳудийлер өлимнен қашып берген ул балалары үлкейип, мөжизаны көргеннен кейин, ийман келтиргенлери яки Фиръаўн зүряды, яғный, оның ҳаялы Әсия, ләшкербасысы, ғәзийнебаны ҳәм оның ҳаялы ҳәм де пардозшы ҳаял. Олардың зүряд деп аталыўының себеби олардың әкелери қибтий, аналары Исрайыл әўладынан еди. Перзент ол пайытлары ана ҳәм дайылар нәсилине тийисли болатуғын еди (Мд. Хз. Бғ.).

[23] 87-аят. Муўса қәўими Фиръаўннан жасырынша үйлеринде Кааба тәрепке жүзленип, намаз оқыйтуғын еди. Бундағы мақсети жеткен мүсийбетлерден қутқарыўды Аллаҳ тааладан сораў еди (Мд.).

[24] 88-аят. «Себеп болды» ибарасын «себеп болсын!» – деп дуўа түринде аўдарыўға да болады (Хз.).

[25] 89-аят. Муўса (а.с.) дуўа қылды. Ҳарун (а.с.) «әмийн!» деп турды. Дуўалары қырық жылдан кейин ижабат болып, Фиръаўн зулымынан қутылды (Мд.).

Бул аятта биз мусылманлар ушын бир ибрат боларлықтай ишара бар. Ол да болса еки уллы пайғамбардың дуўасын Аллаҳ қырық жылда ижабат қылған бола турып, биз дуўаларымыздың тез қабыл болмай атырғанына налыўымыз ақыл жағынан да, шәрият жағынан да намақул екени.

[26] 92-аят. Бул аятта Фиръаўнның қылмысы ҳәм жазасын кейинги әўлад еслеп жүрсин, деген мәнисте Аллаҳ таала оның денесин теңизден шығарып қойыўды ўәде қылған. Британия музейинде оның денеси мумия қылынбаса да, елеге шекем ширимеген денеси таўып қойылғаны ҳаққында баспа сөзде жәрияланғанына бираз болды.

Рәўият қылыныўынша, бир күни Фиръаўнның алдына Жәбрайыл алайҳиссалам адам көринисинде келип, оннан: «Хожайынының наз-неъматларын жеп үлкейип, кейин оған нашүкирлик етип, оннан өзин жоқары тутқан қулға қандай жаза берилиўи керек», – деп пәтўа сорағанда, Фиръаўн: «Ондай қулды суўға шөктириў керек», – деп пәтўа хатын берген екен. Жан бериў алдынан сол хат өзине көрсетип қойылған екен (Хз.).

[27] 98-аят. Юнус (а.с.) Ирактың Мусил ўәлаяты аймағындағы Найнаўа қаласының адамларына пайғамбар қылып жиберилген еди. Юнус (а.с.) оларды ҳақ динге шақырды, бирақ олар бут-сәнемлерге сыйыныўды тәрк етпеди. Пайғамбар олардан азарланып, ашыўланған ҳалда қаладан шығып кетеди. Кетиўден алдын ерте таңнан баслап азап келиўи ҳаққында қәўимин ескертеди. Ертеңине қара түтин аралас жаўын жаўып, ҳәмме жақты қараға бояп жибереди. Буннан қорқып кеткен қәўим тәўбе қылып, ислам динине өте баслайды. Кейин ҳәммеси бир төбеге топланып, дуўа қылыўға өтеди. Бир алым шайх оларға: «Я Ҳайй, ҳийна ләә ҳайй, ўа Я Ҳайй, Муҳйил-маўта, ўа Я Ҳайй, лә илаҳа илла Ант» деген дуўаны үйретеди.

Фузайл (қ.с.) сөзине қарағанда, дуўасы: «Ҳәй Аллаҳ! Гүнамыз уллы, бирақ Сен оннан да уллырақсаң. Бизге Өзиңе ылайық исти қыл, бизге ылайық болған исти қылма!» еди. Юнус (а.с.) келип оларға көриниўге арланып, кеўли қапа болған ҳалда өзин суўға таслайды. Қырық күн өткеннен соң, азап тоқтайды (Мд.Хз.Тб.Лс.).