1. Ант етемен (кәпирлердиң жанларын денелеринен) қаттылық пенен суўырып алыўшы (периштелер) менен,
2. (Мөминлердиң жанларын) аңсатлық пенен алыўшы (периштелер) менен,
3. (Аспаннан) жүзип түсиўши,
4. (Өз ўазыйпаларын орынлаўда) озып жүриўши,
5. (Аллаҳ таала буйырған бәрше) истиң илажын етиўши (периштелер) менен (әлбетте қайта тирилип, есап-санақ қылынасыз)!
6. Ол Күни титиреўши (суўр) титирейди.
7. Артынан келиўши (екинши мәрте үпленген суўр ҳаўазы) ереди.
8. Ол Күни кеўиллер – қәўетерге түсиўши,
9. ал, көзлер – қорқыўшы.
10. Олар (бул дүньяда) айтады: «Ҳақыйқатында да бизлер (өлгеннен кейин) алдынғы ҳалымызға қайтарылыўшымыз ба?!
11. Шириген сүйек болғанымыздан кейин де ме?!
12. Олар (мысқыллап): Ондай болса, бул (бизлер ушын) жүдә зыянлы қайтыў ғой!» – дейди.
13. Енди, әлбетте, ол (қайтыў) тек бир ғана «сойҳа» (суўрдың екинши үплениўи).
14. Кейин, олар бирден (тирилип) жердиң үстинде болып қалады.
15. (Ҳәй Муҳаммад!) Саған Муўса (менен Фиръаўн арасында болған ўақыя)ның хабары келди ме?
16. Сонда Рәббиси оған муқаддес Туўа ойпатлығында (былай) нида қылды:
17. – (Ҳәй Муўса!) Фиръаўнның алдына бар, әлбетте, ол ҳәддинен асты.
18. Солай екен, (оған) айт: «Сен (күпирден) пәклениўди қәлейсең бе?
19. Мен сени Рәббиңе (Оның жолына) ҳидаят қылсам, кейин сен (Оннан) қорықсаң».
20. Кейин (Муўса) оған бир үлкен мөжиза көрсетти.
21. (Фиръаўн) оны жалғанға шығарды ҳәм (Аллаҳға) бойсынбады.
22. Соң асығып (Муўсадан) жүз бурып кетти.
23. Кейин (өз адамларын) топлады ҳәм жар салды:
24. «Мен сизлердиң жоқары Рәббиңизбен», – деди.
25. Кейин Аллаҳ оны (Фиръаўнды) ақырет ҳәм дүнья азабы менен услады[2].
26. Әлбетте, бунда (қыссада Аллаҳтан) қорқатуғынлар ушын өрнек бар.
27. (Ҳәй мушриклер!) Сизлерди жаратыў қыйын ба ямаса аспанды ма? (Билесиз, Аллаҳ) оны бина қылды,
28. Оның төбесин жоқары қылып, питкерди.
29. Және Ол оның (аспанның) түнин қаранғы қылып, (оннан) күндизди шығарды.
30. Соннан кейин Жерди (түйе қустың мәйегиндей) тегиследи.
31. Оннан суўын ҳәм жайлаўларын шығарды.
32. Ал, таўларды оған (Жерге) орналастырды.
33. (Булардың ҳәммесин) сизлер ҳәм шарўаларыңыз пайдаланыў ушын (қылынды).
34. Қашан үлкен бәле (қыямет) келсе –
35. инсан ислеген ислерин еслейтуғын Күни,
36. (ҳәр бир) көретуғынларға жәҳәннем көрсетиледи,
37. сонда (дүньяда) ким ҳәдден асқан болса,
38. дүнья өмирин (ақыреттен) үстин қойған болса,
39. онда, әлбетте, дозақ (оған) мәкан болады.
40. Бирақ, ким Рәббисиниң (алдында) турыўдан (ҳәм есап-санақ бериўден) қорыққан ҳәм нәпсин ҳаўаланыўдан қайтарған болса,
41. онда, әлбетте, жәннет (оған) мәкан болады.
42. (Ҳәй Муҳаммад! Мушриклер) сеннен қыямет қашан болыўы ҳаққында сорайды.
43. Сен оның зикирин (қыяметтиң қашан болыўын) қаяқтан билер едиң?!
44. Ол (ҳаққындағы мағлыўмат) Рәббиңе барып тоқтайды.
45. Әлбетте, сен – тек оннан (қыяметтен) қорқыўшыларды ғана ескертиўшисең.
46. Олар оны (қыяметти) көрген Күни, (бул дүньяда қанша өмир көрген болса да) бир түн ямаса сәске ўақты муғдарынша турғандай болады.
[1] 79. НАЗИАТ СҮРЕСИ
«Назиат» – суўырыўшылар. Бул жерде денеден жанды суўырып алыўшы периштелер нәзерде тутылған. Сүреде қыяметтиң болыўы, Муўса (а.с.) менен Фиръаўн арасында болған келиспеўшиликлер, бул дүньяның өткинши екени сыяқлы илаҳий еслетпелер менен бирге Пайғамбардың (а.с.) кеўлине тәселле берилген.
[2] 25-аят. Дүньядағы азабы – оның теңизге шөктирилиўи, ал ақыреттегиси дозақ азабынан ибарат.