1. Нуўн. Қәлем ҳәм (оның менен) жазатуғын нәрселер (жазыўлар) [2] менен ант.
2. (Ҳәй Муҳаммад!) Сен Рәббиңниң неъматы себепли мәжнүн емессең!
3. Әлбетте, (сабыр еткениңиз ушын) саған миннет етилмейтуғын сыйлық бар.
4. Әлбетте, сен уллы минез-қулықтасаң![3]
5. Енди жақында көресең, олар да көреди
6. сизлерден қайсыңыз (сен бе яки олар ма) мафтун (мәжнүн) екенин.
7. Әлбетте, Рәббиңниң Өзи – ким Оның жолынан адасқанын жақсы билиўши ҳәм Ол – ҳидаятта жүриўшилерди де билиўши.
8. Солай екен, (ҳәй Муҳаммад! Ислам динин) жалғанға шығарыўшыларға (мүшриклерге) бойсынба!
9. Егер сен (олар менен) келисимли болсаң, кейин олар да (сениң менен) келисимли болыўды қәлейди.
10. (Ҳәй Муҳаммад!) Ҳәр қандай пәс, көп ант ишиўшиге (Ўәлийд ибн Муғийраға) бойсынба!
11. (Ол –) ғыйбатшы, гәп тасыўшы,
12. жақсылықты тосыўшы (сықмар), шегарадан шығыўшы, гүнакар,
13. қопал, булардан басқа некесиз туўылған (ҳарамы).
14. (Ол) мал-дүнья ҳәм балаларға ийе болғаны ушын (усындай қылады).
15. Қашан оған аятларымыз тиләўат қылынса: «(Булар –) алдынғылардың әпсаналары ғой!» – дейди.
16. Тез арада оның тумсығына «тамға» басамыз[4].
17. Әлбетте, Биз оларды (Мәккә халқын) бағ ийелерин сынағанымыздай сынап көрдик. Сонда олар: «Азан менен (бағдың зүрәәтин) жыйнап аламыз», – деп ант етти.
18. Бирақ, ажыратпаған еди (Қуда қәлесе, демеген еди).
19. Сонда, (түнде) олар уйқылап атырғанда, оның (бағдың) үстинен Рәббиңнен болған айланыўшы (апат – жалын) айланып шықты.
20. Кейин (зүрәәт) жыйналғандай болып қалды (Бағ күйип күлге айланды).
21. Кейин олар ерте таңда (турып) бир-бирин шақырды:
22. «Егер (зүрәәтти) жыйнайжақ болсаңыз, атызыңызға ертерек барың!» (– деп)
23. кейин сыбырласып жүрип баратырып:
24. «Бүгин (бағда зүрәәтти жыйнап атырғанда) үстиңизге бир мискин кирип қалмасын-да» (дер еди).
25. Олар (өзлеринше усы) мақсетке қәдир болған ҳалларында таңда барды.
26. Кейин оны (бағдың күлге айланғанын) көргенинде (дәслеп): «Шубҳасыз, бизлер (жолдан) адасыппыз, (басқа бағқа келип қалдық)», – деди
27. (Соң:) «Яқ, бизлер (бағымыздан) айырылып қалыппыз» (– деди).
28. (Сонда) олардың орташасы: «Мен сизлерге тасбиҳ айтпайсыз ба (зүрәәттиң шүкиршилиги ушын жарлыларға үлесин бермейсиз бе), деп айтпаған ба едим?» – деди.
29. Олар (кеш болса да): «Рәббимизге тасбиҳ айтамыз, әлбетте, бизлер (өзимизге) зулым етиўшилерден болдық», – деди.
30. Кейин олар бир-бирине қарап, маламатлай баслады.
31. (Олар) айтты: «Бизлерге ўайл болсын, бизлер ҳәддимизден асыппыз,
32. қәне еди, Рәббимиз бизлерге оннан (бағдан) да жақсырағын алмастырып берсе. Бизлер, әлбетте, Рәббимизге талпыныўшыларданбыз».
33. Азап усындай болады. Егер билсе, ақырет азабы, әлбетте, буннан да үлкен болады.
34. Әлбетте, тақўалылар ушын Рәббиси алдында неъматлы жәннетлер бар.
35. Биз мусылманларды жынаятшылар (кәпирлер) киби қылып қоямыз ба?!
36. (Ҳәй мушриклер!) Сизлерге не болды? Қандай ҳүким шығарып атырсыз?!
37. Ямаса сизлерде (аспаннан түсирилген) китап болып, оннан үйренип атырсыз ба?!
38. Ол нәрседе сизлер ушын қәлеген нәрсеңиз бар ма?!
39. Ямаса сизлер ушын Бизде: «Өзлериңиз ҳүким қылған нәрсе сизлердики болады», – (деген) қыямет күнине шекем жететуғын ант бар ма?!
40. (Ҳәй Муҳаммад!) Олардан сора: «Олардан қайсысы буған (айтқан гәплериниң дурыслығына) кепил болар екен?!»
41. Ямаса олардың шериклери бар ма? Онда расгөй болса, сол шериклерин алып келсин!
42. «Балтырлар ашылатуғын» (ислер қыйынласатуғын) ҳәм олар сәждеге шақырылғанда, (сәждеге) қәдир болмайтуғын Күнди (қыяметти еслең)!
43. (Сол ўақытта) олардың көзлери қорқып (жерге қараған), хорлық орап алған болады. Ҳақыйқатында да, олар саламат болған ҳалында сәжде қылыўға шақырылған еди (бирақ олар буннан бас тартқан еди).
44. Енди (ҳәй Муҳаммад!) Бул Сөзди (Қуранды) жалғанға шығарыўшыларды Маған қойып бер! Жақында Биз оларды өзлери билмеген тәрептен дәрежеме-дәреже услаймыз (қыйратамыз).
45. Мен оларға мәўлет беремен. Әлбетте, Мениң «ҳийлем» қатты.
46. Ямаса сен (ҳәй Муҳаммад! Шақырығың ушын) олардан ҳақы сорап, олар қарыздан аўырсынып атыр ма?!
47. Ямаса олардың алдында ғайып илими (Лаўҳул-маҳфуз) бар болып, олар (айтып атырған сөзлерин соннан) жазып алып атыр ма?!
48. Енди (ҳәй Муҳаммад!) Рәббиңниң ҳүкимине сабыр ет ҳәм бир ўақытлары ғамға толған ҳалда нида еткен балық ийесине (Юнус пайғамбарға) уқсама (бийтақат болма)!
49. Егер оған Рәббиси тәрептен неъмат жетпегенде, әлбетте, қараланған ҳалда, қурғақлыққа ылақтырылған болар еди.
50. Кейин Рәббиси оны (қайтадан пайғамбарлыққа) таңлап алды ҳәм солиҳ (пайғамбар)лардан қылды.
51. Әлбетте, кәпирлер Зикирди (Қуранды) еситкенде, сени көзлери менен (суқланып) тайдырмақшы болып: «Әлбетте, ол мәжнүн», – дейди.
52. Ал, Ол – (Қуран пүткил) әлемлерге еслетпе.
[1] 68. ҚОЛАМ СҮРЕСИ
Сүреде қәлем ҳәм жазыў қуралларының абырайы көтермеленеди ҳәм олар менен ант етип, Аллаҳ өз пайғамбарының ҳақ екенин, мушриклердиң инкәры ҳәм өсеклери жалған екенин дәлиллейди. Сүреде сықмарлық қараланады ҳәм оның жаман ақыбетлери сәўлеленеди.
[2] 1-аят. «Жазатуғынлар» периштелер яки инсанлар болыўы мүмкин. Ҳәр еки тәфсир де орынлы.
[3] 4-аят. «Уллы минез-қулық»тың мәнилери ҳаққында түрли тәфсирлер бар. Биринши нәўбетте қулық бул жерде өзиниң негизги мәнисинде қолланылғаны мақул. Ҳәдисте Расулуллаҳ (а.с.): «Мен әдеп-икрамлылықты кәмилине жеткизиў ушын келгенмен», – деген. Ҳақыйқатында да, Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа саллам биринши дәрежедеги кәмил инсан екенлигине ҳасла шубҳа жоқ.
Басқаша тәфсир қылыўшылар бул аяттағы «уллы минез-қулық»ты Қуран ямаса уллы дин, яғный ислам дини деп түсиндириўге ҳәрекет еткен.
[4] 16-аят. Бул аяттағы жаман сыпатлар белгили кәпир болған Ўалийд ибн Муғийраға тийисли. Ҳақыйқатында да, ол Бадр урысында «тумсығынан тамғаланды», мурнын қылыш кесип кетип, кейин усы тыртығы менен адамлар арасында мазақ болып жүреди.
Кейинги аятларда Йемен үлкесинде бир сақый бағман болып, ол ҳәр жылы гүзде мийўелерди териў ушын жарлы-мискинлерди шақырып, теректен тергенин бағманға, жерге түскени териўшиге деп сыйлар еди. Ол қайтыс болғаннан кейин, перзентлериниң сықмарлық еткени, кейин ислеген ислеринен пушайман болғаны ибрат ушын келтириледи.