1. (Саўдада тәрези ҳәм өлшеўден) урып қалыўшыға ўайл болсын!
2. Олар адамлардан (бир нәрсе) өлшеп алғанда толық алады
3. оларға өлшеп ямаса тартып бергенде урып қалады.
4. Әне солар, әлбетте, қайта тирилиўши екенин ойламай ма
5. уллы бир Күни (қыяметте) –
6. адамлар (пүткил) әлемлердиң Рәббиси алдында (есап-санақ қылыныў ушын) тик туратуғын Күни?![2]
7. Яқ! Әлбетте, бузық ис қылыўшылардың (кәпирлердиң әмел) китабы «сижжийн»де (болады).
8. (Ҳәй Муҳаммад!) «Сижжийн»ниң не екенин қаяқтан билесең?!
9. (Ол – әмеллер) жазылған китап[3].
10. Ол Күни жалғанға шығарыўшыларға ўайл болсын!
11. Олар жаза (қыямет) күнин жалғанға шығарады.
12. Оны (қыяметти) гүнаға батқан ҳәр бир ҳәддинен асыўшы ғана жалғанға шығарады.
13. Қашан оған аятларымыз тиләўат етилсе, ол: «(Бул) алдыңғылардың әпсаналары», – дейди.
14. Яқ (ондай емес)! Ал, олардың ислеген ислери (гүналары) кеўиллерин орап алған.
15. Яқ! Шубҳасыз, олар – сол Күни Рәббисинен (Оны көриўден) тосылыўшы.
16. Соң, әлбетте, олар – дозаққа кириўши.
17. Соң (оларға): «Мине, усы – сизлер өтирик, деп жүрген нәрсе», – деп айтылады.
18. Ҳақыйқатында да жақсылардың (әмел) китабы «Иллийюн»да.
19. (Ҳәй Муҳаммад!) «Иллийюн»ниң не екенин қаяқтан билесең?!
20. (Ол да – әмеллер) жазылған китап болып,
21. оған (Аллаҳға) жақынлар (периштелер) гүўа болады[4].
22. Әлбетте, жақсылар (мөминлер жәннет) неъматлары ишинде (болады).
23. Олар сыпаларда (отырып, әтирапқа) қарайды (тамашалайды).
24. Олардың жүзлеринде неъматлар қуўанышын (бир қарағанда) билип аласаң.
25. Оларға (жәннетте ыдыслары) мөрленген, жүдә таза ишимликтен иштириледи.
26. Оның (ишимликтиң) мөри – миск. Солай екен, жарысыўшылар усында (неъматлар жолында) жарыссын!
27. Оның (ишимликтиң) қурамы жүдә сапалы.
28. (Оның аты «таснийм» болып, ол Аллаҳға) жақынлар (бенделер) ишетуғын бир булақ.
29. Ҳақыйқатында да, жынаят еткен (кәпир)лер ийман келтиргенлер үстинен (мазақлап) күлер еди.
30. Қашан олардың қасынан өтсе, бир-бирине көз қысып, ишара қылады[5].
31. Қашан үйине қайтса, (қылмысларынан) қуўанып қайтады.
32. Қашан оларды (мөминлерди) көрсе: «Әлбетте, булар – адасқанлар», – дер еди.
33. Олардың (мөминлердиң) үстинен қорықшы етип жиберилмеген.
34. Енди бүгин (керисинше) ийман келтиргенлер кәпирлерге (олардың үстинен) күледи.
35. Олар (жәннеттеги) сыпалар үстинде (дозақтағы кәпирлердиң аўҳалына) қарайды[6].
36. Кәпирлер ислеген ислериниң «саўабын» (жазасын) алды ма?!
[1] 83. МУТОФФИФИЙН СҮРЕСИ
Сүрениң аты «урып қалыўшылар» деген мәнини аңлатады. Яғный, тәрези ҳәм өлшеўден урып қалып, қарыйдардың ҳақысына қыянет етиўшилер. Бул – Муҳаммад (а.с.) Мәккәдан Мадинаға ҳижрат қылып кетип баратырғанында жолда нәзил етилген сүрелерден бири (Абс.).
Онда жақсылар ҳәм жаманлардың қылған әмеллери жазылған жазыўлардың қай жерде сақланыўы, қыямет ўақыялары ҳәм бир қатар илаҳий үгит-нәсиятлар жәмленген.
[2] 6-аят. Ҳәдисте: «Қыямет күни есап бериў ушын адамлар Аллаҳтың алдында ярым күн, яғный 500 жыл турып қалады. Бирақ, бул мүддет мөминлерге Қуяштың аўыўына тең қысқа пурсат ишинде өтеди», – делинген (Лс.).
Бирақ, биреўдиң ҳақысына қыянет еткен адам егер ол мөмин болса да, есабы аўыр кешиўи басқа ҳәдислерде баян етилген. Себеби, Аллаҳ таала тек өзиниң ҳақынан ғана кешиўи мүмкин.
[3] 9-аят. «Сижжийн» – кәпир ҳәм фасық адамлардың қылған әмеллери жазылған китап болып, ол жети қабат жер астында сақланады.
[4] 20–21-аятлар. «Иллийюн» – жақсы, солиҳ адамлардың қылған әмеллери жазылып туратуғын китап болып, ол жетинши аспанда сақланады.
[5] 30-аят. Әлий (рз.) еки жүзлилердиң қасынан өтип кетип баратырғанында олар бир-бирине көз қысып: «Әне анаў кәл басты қараң?» – деп мазақ еткенде усы аят нәзил етилген (Мд.).
Әлий (рз.) саҳабалар ишинде жалғыз шаш қоймаған адам болған. Себебин сорағанда мен шаҳўатлы адамман. Ғусыл қылғанда шаш кесент береди, деп жуўап берген.
[6] 35-аят. Дозақтан жәннет тәрепке бир дәрўаза ашып қойылған болып, мөминлер кәпирлерди шақырады екен. Олар дәрўазаға жақын келиўи менен ол жабылып қалып, мөминлер күлип жибереди екен. Булардың барлығы ийманлы адамлардың үстинен күлип жүрген кәпирлердиң жазасы есапланады (Мд.).