1. Ант етемен пысқырып шаўатуғын,
2. (шапқанда туяқларынан) ушқын шығаратуғын,
3. таң ўақтында (душпанға) бастырып баратуғын,
4. кейин сол ўақытта (артында) шаң қалдыратуғын
5. сол (шаң) менен (душпан) топары арасына кирип баратуғын (ат)лар менен,
6. әлбетте, (кәпир болған) инсан Рәббисине (берген неъматларға) нашүкир!
7. Және ол – буған (нашүкир екенине өзи) гүўа.
8. Және ол – мал-дүнья муҳаббатына жүдә қатты (берилиўши).
9. Ол билмей ме?! (Қыямет қайым болып) қәбирдегилер (тирилтип) шығарылғанда
10. ҳәм кеўиллердеги нәрселер (сырлар) әшкара қылынғанда –
11. әне сол Күни Рәббиси олардан (ислеген ислеринен) хабардар ғой!
[1] 100. АДИЯТ СҮРЕСИ
«Адият» – шабыўшы (ат)лар. Сүреде саўашларда шыдамлылық көрсететуғын шапқыр атлар атына ант етиў менен Аллаҳ таала айырым нашүкир инсанлардың Аллаҳға итаатсыз ҳәм дүньяпараз екенин атап өтеди.