1. Қыямет жақынласты. (Мине, илаҳий мөжиза сыпатында) ай да бөлинди.
2. Егер олар (Қурайш кәпирлери) бир мөжизаны көрсе, жүз бурып: «(Бул –) даўамлы сыйқыр ғой!» – дейди[2].
3. Олар (Пайғамбарды) жалғанға шығарды ҳәм ҳаўайы нәпсилерине ерди. Ҳәр бир ис – өз орнын табыўшы.
4. Ҳақыйқатында да, (тарийхый) хабарлардан келген ҳәм оларда (жаўызлықтан) қадаған қылыў бар еди.
5. (Қуран) жетик ҳикмет (дереги) болса да, ескертиўлер пайда бермеди.
6. (Ҳәй Муҳаммад!) Енди сен олардан жүз бур! Шақырыўшы (Исрапыл) бийтаныс нәрсеге (есап-санаққа) шақыратуғын Күни (қыяметте)
7. (олар) көзлери қорқынышқа толған ҳалда, тап жайылған шегирткеге уқсап қәбирлерден шығып келеди.
8. Шақырыўшыға асығып баратырып, кәпирлер: «Бул – қыйын Күн», – дейди.
9. Булардан (Мәккә кәпирлеринен) алдын Нуҳ қәўими де (оны) жалғанға шығарған еди. Сонда, олар бендемизди (Нуҳты) өтирикшиге шығарып: «(Ол бир) мәжнүн, – деди ҳәм оны (пайғамбарлықты жеткизиўден) тосылып қалды.
10. Сонда ол Рәббисине: «Мен жеңилдим, жәрдем бер!» – деп дуўа қылды.
11. Кейин, Биз аспан есиклерин (тынымсыз) қуйыўшы суў (жаўын) менен ашып қойдық.
12. Және жерден булақлар шығардық. Кейин, (аспан ҳәм Жер) суўлар(ы) тәғдир қылынған бир ис ушын бирлести.
13. Оны (Нуҳты) тахтайлары ҳәм шегелери бар (солардан соғылған кеме) үстине көтердик.
14. Ол (кеме) Бизиң «көзимиз» алдында (қорғаўымызда) жүзеди. (Бул –) инкәр қылынған шахс (Нуҳ)қа сыйлық.
15. Биз оны (кемени) бир белги қылып қалдырдық[3]. Енди еслетпе алыўшы бар ма?!
16. Солай екен, Мениң азабым ҳәм ескертиўим қалай болды?!
17. Ҳақыйқатында да, Биз Қуранды зикир (еслетпе) ушын аңсат қылдық. Енди еслетпе алыўшы бар ма?!
18. Ад (қәўими де пайғамбарын) өтирикшиге шығарған еди. Енди Мениң азабым ҳәм ескертиўим қалай болды?!
19. Биз олардың үстине даўамлы наҳс[4] күнлери күшли боран жибердик.
20. (Ол) адамларды, қопарылыўшы қурма ағашындай, суўырып таслар еди.
21. Кейин Мениң азабым ҳәм ескертиўим қалай болды?!
22. Ҳақыйқатында да, Биз Қуранды еслетпе ушын аңсат қылдық. Енди еслетпе алыўшы бар ма?!
23. Самуд (қәўими де) ескертиўшилерди (яки пайғамбарларды) өтирикшиге шығарды.
24. Олар айтты: «Бизлер өзлеримизден болған бир адамға еремиз бе?! Егер солай болса, әлбетте, адасқан ҳәм ақылдан азған боламыз ғой!
25. Бизлердиң арамыздан оған зикир (ўаҳий) түсирилген бе?! Яқ, ол – өтирикши ҳәм тәкаббыр».
26. Олар ертең (ақыретте) ким өтирикши ҳәм тәкаббыр екенин биледи.
27. Биз – оларды сынаў ушын түйе жибериўшимиз. Енди (ҳәй Солиҳ) оларды бақла ҳәм (олардың азарларына) сабыр ет!
28. Суўдың олар менен (түйе)[5] араларында бөлингенлиги ҳәм ҳәр бири ишиўге (нәўбет пенен) таярланыўы (лазымлығы) ҳаққында оларға хабар бер!
29. Кейин олар (Самуд қәўими) өзлериниң бир шеригин (түйени сойыўға) шақырды, ол иске киристи ҳәм (түйени) сойып таслады.
30. Кейин (оларға) Мениң азабым ҳәм ескертиўим қалай болды?!
31. Әлбетте, Биз оларға бир даўыс жибердик, олар тап қораның шөплери киби (жексен) болды.
32. Ҳақыйқатында да, Биз Қуранды еслетпе ушын аңсат қылдық. Енди еслетпе алыўшы бар ма?!
33. Лут қәўими (ол әкелген) ескертиўлерди жалғанға шығарды.
34. Әлбетте, Биз олардың үстине (таслы) боран жибердик. Тек Лут шаңарағын ғана (таң) сәҳәрде қутқардық.
35. (Бул –) Биз тәрепимизден болған неъмат. Шүкир қылғанларды усылай сыйлықлаймыз.
36. Ҳақыйқатында да, (Лут) Бизиң (азап пенен) услаўымыздан оларды (өз қәўимин) ескерткен еди. Сонда олар ескертиўлерге (яки елшилерге) шубҳа қылды.
37. Олар оннан (Луттан) мийман(лар)ын (нәпсин қандырыў ушын) сорады. Сонда Биз олардың көзлерин соқыр қылдық. Енди Мениң азабым ҳәм ескертиўлеримди татып көрсин!
38. Ҳақыйқатында да, ерте таңда оларға даўамлы азап келди.
39. Енди Мениң азапларымды ҳәм ескертиўлеримди татып (инкәр етип) көриң!
40. Ҳақыйқатында да, Биз Қуранды зикир (еслетпе) ушын аңсат қылдық. Енди еслетпе алыўшы бар ма?!
41. Ҳақыйқатында да, Фиръаўн шаңарағына ескертиўлер (яки пайғамбарлар) келди.
42. Олар Бизиң мөжизаларымыздың ҳәммесин жалғанға шығарды. Кейин, Биз оларды қүдиретли, қәдир алыўшының услаўы менен усладық (жазаладық).
43. (Ҳәй Мәккә халқы!) Сизлердиң кәпирлериңиз соларыңыздан жақсырақ па?! Ямаса сизлерге (самаўий) китапларда ақлаў (ҳүжжет) бар ма?!
44. Бәлким, олар: «Биз жеңиске ерисиўши жәмәәтпиз», – деп айтатуғын шығар?!
45. Жақында сол жәмәәт жеңиледи ҳәм артларына қарап қашады[6].
46. (Бул ғана емес,) ал оларға ўәде етилген ўақыт – қыямет. Қыямет – және де қыйратыўшы ҳәм ашшырақ.
47. Әлбетте, жынаятшылар адасыўда ҳәм ақылдан азыўда.
48. Олар бети жерге қараған ҳалда дозаққа сүйрелетуғын Күни (оларға): «Дозақ азабын татып көриң!» (– делинеди).
49. Әлбетте, Биз ҳәмме нәрсени өлшем менен жараттық.
50. Бизиң пәрманымыз тек бир («Бол!» – деген сөз). (Мүддети –) көзди жумып ашқанша.
51. Ҳақыйқатында да, Биз сизлерге уқсаған топарларды қыйраттық. Енди буны еслеўши бар ма?!
52. Олар ислеген ҳәр бир нәрсе (әмел жазылған) китапларда.
53. Ҳәр бир киши ҳәм үлкен (ис Лаўҳул-маҳфузда) жазылған.
54. Әлбетте, тақўалылар (жәннеттеги) бағлар ҳәм дәрьялар үстинде.
55. (Олар) қүдиретли Патшаның (Аллаҳтың) алдындағы Садықлық дәрежесинде.
[1] 54. ҚОМАР СҮРЕСИ
«Қомар» – Ай. Сүреде Айдың екиге бөлинип, мөжиза жүз бергени ҳаққында аятлар болғаны ушын аты усылай аталған.
[2] 2-аят. Мәккә мушриклери Пайғамбарға (а.с.) «Егер аспандағы айды екиге бөлсең, саған исенемиз», – деди. Расул (а.с.) Аллаҳтан сорағанда, усы мөжиза жүз берген. Бирақ, олар буны да сыйқырға жорыған.
[3] 15-аят. Нуҳ (а.с.) кемеси Жуўдий таўының төбесинде узақ сақланғаны, Муҳаммадтың (а.с.) бахытлы заманында оны айырым адамлар көргени айтылады. Екинши тәфсири – Нуҳ (а.с.) биринши болып кеме жасаған ҳәм соннан кейин адамлар кеме менен суўда сейил қылыўды әдет еткен (Лс. Мд.).
Және «Ҳуд» сүреси, 44-аят тәфсирине қаралсын.
[4] 19-аят. Наҳс күнлери – Шаўўал айының ақырғы сәршемби күнинен келеси айдың сәршемби күнине шекемги ўақыт болып, бул бир ҳәпте даўамында боран болған. Яғный, жети түн, сегиз күн (Ол. Мд.).
[5] 28-аят. Солиҳ (а.с.)нан қәўими мөжиза сыпатында тастан бир түйе шығарыўды талап еткеннен кейин, Аллаҳ олардың талапларын қанаатландырады. Ал, олар шәртлерин бузып, түйени сойып, жеп жибереди.
[6] Бул мусылманлардың Бадр саўашында ерисежақ жеңислери ҳаққындағы хош хабар еди.