1. Әлиф. Ләәм. Ро. Усы (аят)лар Китаптың (Таўрат, Инжил) ҳәм анық Қуранның аятлары.
2. Еле (бул дүнья өмиринде) кәпир болғанлар (қыяметте) мусылман болыўды қәлеп қалады.
3. (Ҳәй Муҳаммад!) Оларға тийме, жесин, (дүньядан) пайдалансын, үмити менен бәнт болсын. Кейин, тез арада (қылмысларының ақыбетин) биледи.
4. Биз бир де бир қаланы оның ушын мәлим мүддет өтпегенше қыйратпағанбыз.
5. Ҳеш бир үммет өзиниң әжелинен озып кете алмайды, (оннан) кешикпейди де.
6. (Мәккә кәпирлери Муҳаммадқа) айтады: «Ҳәй Зикир (Қуран) нәзил етилген (адам), сен, әлбетте, мәжнүнсең.
7. Егер (айтқан гәпиңде) рас сөйлеўши болсаң, бизлерге (гүўа) периштелерди әкел!»
8. Биз периштелерди тек ҳақ (ҳикмет) пенен түсиремиз. (Егер периштелер түссе,) онда олар (кәпирлер) күтип турылмайды (қыйратылады).
9. Әлбетте, бул Зикирди (Қуранды) Биз нәзил еттик. Әлбетте, Оны Өзимиз асыраймыз.
10. Ҳақыйқатында да, Биз сеннен алдын да, алдынғылардың топарларына (Пайғамбарлар) жибердик.
11. Олар өзлерине келген ҳәр бир Пайғамбарды масқара қылмай қоймас еди.
12. Усылайынша, Биз оны (масқара қылыўды) жынаятшылардың кеўилине саламыз.
13. (Олар) Оған (Қуранға) ийман келтирмейди. Ҳақыйқатында да, алдынғылардың жолы (тәжирийбеден) өткен еди.
14. Егер Биз аспаннан оларға бир есик ашып берсек, олар оннан (аспанға) көтерилсе де,
15. олар: «шубҳасыз, көзлеримиз байланды, ал бизлер сыйқырланған қәўимбиз», – дейди.
16. (Биз) аспанларда «шоқ жулдыз»лар[2] қылып қойдық ҳәм қараўшылар ушын оны (жулдызлар менен) безедик.
17. Және оны (аспанды) ҳәр бир қуўылған шайтаннан сақладық[3].
18. Тек (жинлерден) бири (периштелердиң сөзин) жасырын еситип алса, кейин, оны анық (ушар) жулдыз қуўып жетеди (өлтиреди).
19. Жерди жайып, үстине таўларды тасладық ҳәм онда (ҳәр жердиң өзине) сәйкес түрли нәрселерди (өсимлик ҳәм мийўелерди) өсирдик.
20. Және ол жерде сизлер ушын ҳәм сизлер ырысқыландырыўшы бола алмайтуғынлар[4] ушын тиришилик (ырысқы-несийбелер) жаратып қойдық.
21. Ҳәмме нәрселердиң ғәзийнелери тек Бизиң алдымызда. Биз оны тек мәлим муғдарда (сизлерге) түсиремиз.
22. Биз самалларды (бултларға) «ҳәмиледар» ҳалында жибердик. Кейин, аспаннан суўды (жаўын) түсирип, оның менен сизлерди суўғардық. Сизлер оны ғамлап алыўшы емессиз.
23. Әлбетте, Биз (ҳәмме жанзатты) Өзимиз тирилтемиз ҳәм өлтиремиз. Биз мийрас алыўшымыз (яғный, ҳәмме өлгеннен кейин жалғыз Өзим қалыўшыман).
24. Ҳақыйқатында да, Биз сизлерден алдынғыларды билдик. Және кейин келгенлерди де билдик.
25. Әлбетте, Рәббиң оларды топлайды. Әлбетте, Ол – Ҳикметли, Билимли.
26. Ҳақыйқатында да, Биз инсанды (Адамды) қара балшықтан (алып) кептирилген ылайдан жараттық.
27. Ал, жинлерди (Иблисти) оннан (Адамнан) алдын лаўлаған жалыннан жараттық[5].
28. (Ҳәй Муҳаммад!) Есле Рәббиң периштелерге айтты: «Әлбетте, Мен қара балшықтан (алып) кептирилген ылайдан инсанды жаратыўшыман.
29. Кейин, оны тиклеп, оның ишине Өзимниң (дәргайымдағы) руўхымнан үплегенимде, сизлер оған сәжде қылған ҳалыңызда жығылың!»
30. Кейин, ҳәмме периштелер жәм болып (Адамға) сәжде қылды.
31. Тек иблис сәжде қылыўшылар менен бирге болыўдан бас тартты.
32. (Сонда Аллаҳ): «Ҳәй иблис! Саған не болды? Сәжде қылыўшылар менен бирге болмадың?» – деди.
33. (Иблис): «Сен қара балшықтан (алып) кептирилген ылайдан жаратқан адамға сәжде қылыўшы емеспен», – деди.
34. (Аллаҳ) айтты: «Онда, сен оннан (жәннеттен)[6] шық! Енди сен (Мениң дәргайымнан) қуўылғансаң (нәлетленгенсең)!
35. Әлбетте, саған жаза күнине шекем нәлет болады!»
36. (Шайтан): «Я Рәббим, онда олар қайта тирилетуғын Күнге (қыяметке) шекем маған мәўлет бер!» – деди.
37. (Аллаҳ) айтты: «Әлбетте, сен мәўлет берилгенлерденсең
38. мәлим ўақытқа (қыяметке) шекем».
39. (Шайтан) айтты: «Я Рәббим, мени адастырғаның себепли, әлбетте, мен оларға (Адам балаларына) Жер бетиндеги (бәрше гүна ислерди) зийнетлеп көрсетемен ҳәм олардың ҳәммесин жолдан азғыраман.
40. Тек олардың арасындағы ықласлы бенделериң ғана (жолдан азбайды).
41. (Аллаҳ) айтты: «Бул – Мендеги туўры жол.
42. Әлбетте, сенде Мениң бенделерим үстинен ҳеш қандай бийлик жоқ, тек саған ерген адасқанларды ғана (жолдан азғыра аларсаң).
43. Олардың (кәпир ҳәм адасқанларының) ҳәммеси ушын ўәде етилген жер – жәҳәннем.
44. Оның жети есиги болып[7], ҳәр бир есик ушын (олардың) бир топары бөлинген (белгилеп қойылған)».
45. Әлбетте, тақўалылар жәннетлерде ҳәм булақларда.
46. «Оған саламатлықта ҳәм аманлықта кириң!» (– делинеди).
47. Биз (жәннеттеги) сыпаларда бир-бирине қарап, дос болып отырғанлардың кеўиллериндеги гийнени (ҳәм бир-бирине болған душпаншылықты) алып таслаймыз.
48. Олар ол жақта шаршамайды ҳәм олар ол жерден шығарылыўшы емес.
49. (Ҳәй Муҳаммад!) Бенделериме хабар бер: «Әлбетте, Мениң Өзим – Кешириўши, Рейимлимен».
50. Әлбетте, Мениң азабым – аўыртыўшы азап.
51. Оларға Ибраҳимниң мийман(лар)ы ҳаққында хабар бер!
52. Сонда, олар оның алдына киргенде: «Сәлем!» – деди. (Аўқатқа қол узатпаған соң Ибраҳим): «Бизлер сизлерден қорқып атырмыз (кимсизлер?)» – деди.
53. Олар: «Қорықпа! (Бизлер периштелермиз) Бизлер саған бир алым баланың хабарын берип атырмыз», – деди.
54. (Ибраҳим): «Қартайғанымда, (балалы боласаң деп) хош хабар берип атырсыз ба? Енди маған (усы жасымда) нениң хош хабарын берип атырсыз?» – деди.
55. Олар: «Бизлер саған ҳақыйқатында да (перзент көриўдиң) хош хабарын әкелдик. Енди сен үмитсизлерден болма!» – деди.
56. (Ибраҳим): «Тек адасқан адамлар ғана Рәббисиниң рейиминен үмитсиз болады», – деди.
57. (Кейин оларға қарап, Ибраҳим): «Ҳәй елшилер! Нени қәлейсиз?» – деди.
58. (Периштелер): «Бизлер жынаятшылар (Лут) қәўимине (оларды қыйратыў ушын) жиберилдик.
59. Бирақ, бизлер Лут шаңарағының ҳәммесин қутқарыўшымыз.
60. Тек оның ҳаялы (қәўим менен бирге жазаланады)». (Себеби, Биз – Аллаҳ) оның (азапта) қалыўшылардан болыўын тәғдир қылдық.
61. Елшилер Луттың шаңарағына келгенде,
62. (Лут): «Сизлер бийтаныс қәўимсиз ғой?!» – деди.
63. Олар айтты: «Яқ! (Керисинше) олар (қәўимиң) шубҳаланып атырған нәрсени (Аллаҳтың азабын) бизлер саған әкелдик.
64. Саған ҳақыйқатында да әкелдик ҳәм бизлер рас сөйлеўшимиз.
65. Енди сен түнниң бир бөлиминде шаңарағың менен жолға шық, өзиң олардың артынан жүр! Сизлерден ҳеш ким жан-жаққа алаңламай, буйырылған тәрепке кете бериң!»[8]
66. Биз Оған (Лутқа) усы пәрманды: «Азанда бул (кәпирлердиң) изи қырқылады (қыйратылады)», – деп ўаҳий қылдық.
67. Қала[9] халқы (мийманларды еситип,) қуўанып жетип келди (себеби, олар еркеклерге барыўды әдет қылған еди).
68. (Сонда Лут) айтты: «Булар (жигитлер) – мениң мийманларым. Мени (олардың алдында) шерменде қылмаң!
69. Аллаҳтан қорқың! Мени (уялтып) масқара қылмаң!»[10]
70. Олар: «Бизлер сени әлемлерден (адамларды қорғаўдан) қайтармаған ба едик?!» – деди.
71. (Лут): «Егер (жақынлық) қылыўшы болсаңыз, әне – қызларым (соларды некеңизге алып жақынлық қыла бериң!)» – деди.
72. (Ҳәй Муҳаммад!) Сениң өмириңе ант болсын, олар өзлериниң «мәслигинде» тентиреп жүрер еди.
73. Сонда, оларды Қуяш шығар ўақытта қатты қышқырық услады[11].
74. Кейин, Биз оны (олардың қаласын) астын-үстин қылдық ҳәм олардың үстине писирилген ылайдан (жасалған) тас жаўдырдық.
75. Әлбетте, бунда парасатлылар ушын белгилер бар.
76. Әлбетте, ол (қала) мәңги жол үстинде[12].
77. Әлбетте, бунда мөминлер ушын белгилер бар.
78. Шубҳасыз, Айка (тоғай) ийелери (Шуайб қәўими) де залым (кәпир) болған еди.
79. Сонда, (Биз) олардан өш алдық. Әлбетте, олардың (Лут ҳәм Шуайб қәўимлериниң қалалары) екеўи де анық жол үстинде.
80. Ҳақыйқатында да, Ҳижр ийелери (Самуд қәўими) де Пайғамбарларды (Солиҳты) жалғаншыға шығарған еди.
81. Биз оларға аятларымызды әкелген едик, бирақ олардан жүз бурыўшы болды.
82. (Олар) таўды ойып, үй салып, тынышлықта жүрер еди.
83. Кейин, таңда оларды қатты қышқырық услады.
84. Оларға ислеп жүрген ислери (тастан қурған қорғанлары) улыўма жәрдем бермеди.
85. (Биз) аспанлар ҳәм Жерди ҳәм олардың арасындағы нәрселерди тек ҳақ (ҳикмет) пенен жараттық. Әлбетте, қыямет шубҳасыз келиўши. Солай екен, (наданлардың азарларына сабыр ет ҳәм оларды) шырайлы жүз бурыў менен тәрк етиң!
86. Әлбетте, Рәббиңиздиң Өзи – Жаратыўшы, Билиўши.
87. Ҳақыйқатында да, Биз саған жети тәкирарланыўшыны (жети аятлы Фатиҳа сүресин) ҳәм Уллы Қуранды бердик.
88. Биз олардан (кәпирлерден) айырым топарларын пайдаландырып қойған нәрселерге (ҳәўес пенен) қарама![13] Олардың (иймансызлығына) қапа да болма! Мөминлерге қанатыңды пәслет (кишипейил бол)!
89. (Сен оларға): «Әлбетте, мен (сизлерди Аллаҳтың азабынан) ашықтан-ашық ескертиўшимен», – деп айт.
90. (Бул –) бөлип алыўшыларға (китап ийелерине) нәзил еткенимиз киби.
91. Олар Қуранды (өзлеринше) бөлек-бөлек қылды[14].
92. Рәббиңе ант болсын, әлбетте, олардың ҳәммесинен сораймыз
93. қылған ислери ҳаққында.
94. Солай екен, сен буйырылған исти (ҳақ динге шақырыўды) жәрияла ҳәм мушриклерден (ҳәзирше) жүзиңди бур!
95. Әлбетте, сени масқара қылыўшыларға (жазалаў ушын) Биз жеткиликлимиз.
96. (Олар) Аллаҳ пенен басқа «илаҳ»ты да (қудай) қылады. Енди олар жақында (қылмысларының ақыбетин) биледи.
97. Ҳақыйқатында да, олардың гәпинен сениң жүрегиң қысылып атырғанын Биз билип турыппыз.
98. Енди сен Рәббиңе ҳамд пенен тасбиҳ айт ҳәм сәжде қылыўшылардан бол!
99. (Сондай-ақ,) анық нәрсе (өлим) келемен дегенше Рәббиңе ибадат қыл!
[1] 15. ҲИЖР СҮРЕСИ
Ҳижр – Мадина менен Шам арасындағы ойпатлардан бири.
Сүреде пайғамбарларға қарсылық қылған үмметлердиң апаты, Жер менен аспан, Қуяш, Ай, самал, суў киби неъматлардың ҳәммеси инсан хызметинде екени, Адам (а.с.)ның ылайдан жасалғанына гийне қылып, оттан жаратылған шайтанның оған сәжде қылыўдан бас тартқаны, Ибраҳим, Лут, Шуайб, Солиҳ (а.с.)лардың қыссалары ҳәм басқа мағлыўматлар баян етилген.
[2] 16-аят. Аспанның он еки шоқ жулдызы – ҳамал, сәўир, жаўза, саратан, ҳәсет, сүмбиле, мийзан, ақырап, қаўыс, жедди, дәлиў, ҳүт болып, Қуяш оларды 360 градус пенен бир жыл даўамында кесип өтеди. Айдың да сондай он еки шоқ жулдызы бар.
Аспан шоқ жулдызларынан мурат олардағы он еки сарай болып, ол жерде қорықшы периштелер турады, деген тәфсир де бар (Хз.).
[3] 17-аят. Ибн Аббас (рз.) айтады: «Жин ҳәм шайтанлар ушын аспан есиклери ашық еди. Олар периштелерден көп хабарларды еситип алып, жердеги палкерлерге жеткизип туратуғын еди. Ийса (а.с.) туўылғанда үш аспан, Муҳаммад (а.с.) туўылғанда барлық аспанлардан тосылып қалды. Иблиске бул ҳаққында шикаят қылғанда, Жерде қандайда бир ҳәдийсе жүз берген шығар, дейди. Жерге түсип қараса, Муҳаммад (а.с.) Қуран оқып отырған екен» (Мд. Хз.).
[4] 20-аят. Яғный, ҳаялларыңыз, хызметкерлериңиз, шарўаларыңыз ушын да негизинде Биз ырысқы инам етемиз (Мд.).
[5] 27-аят. Иблиске Аллаҳ таала көп илимлерди билдирген еди.
[6] 34-аят. Итимал, аспаннан яки периштелер ишинен шық, деген болса (Мд.).
[7] 44-аят. Дозақтың жети дәрўазасы дегенде, оның жети қабат екени түсинилиўи лазым. Биринши қабатына ўақытша түскен гүнакар мөминлер, екиншисине Муҳаммадқа (а.с.) ийман келтирмеген яҳудийлер, үшиншисине соған уқсаған насранийлер, төртиншисине сабиийлер, бесиншисине мажусийлер, алтыншысына мушриклер, жетиншисине еки жүзлилер түскей (Мд.).
[8] 65-аят. Шығып кетиўге буйырылған тәреп Шам, Мысыр яки Урдун (Иордания) тәрепи еди (Хз. Мд.)
[9] 67-аят. Лут (а.с.) қәўими жасаған қаланың аты Садум еди.
[10] 69-аят. Яғный, мийманларымды қолайсыз ис-ҳәрекетлериңиз бенен қапа қылыўыңыз мени қапа қылғаныңыз болады (Мд.).
[11] 73-аят. Жәбрайыл (а.с.) қатты бир қышқырғанда, оның даўысынан набыт болды.
[12] 76-аят. Яғный, Ҳижаз (ҳәзирги Саудия)дан Шам (Сирия) тәрепке қарап өткен жолдың бойында. Оның ақыбетлерин жолаўшылар көрип, ибрат алыўы мүмкин (Хз.).
[13] 88-аят. Яғный, күпир әҳлиниң бул дүньяда материаллық жақтан пәраўан жасап атырғанын көрип, оларға Сиз ҳәўес көзи менен қарамаң!
[14] 91-аят. Яғный, аятлардың айырымына ийман келтирип, айырымын инкәр еткен еди.