1. Аспанлардағы нәрселер де, Жердеги нәрселер де Ҳүкимдар, (нуқсанлардан) Пәк, Қүдиретли, Ҳикметли болған Аллаҳға тасбиҳ айтады.
2. Ол (Аллаҳ) саўатсызлар[2] арасына өзлеринен болған, оларға (Оның) аятларын оқып беретуғын ҳәм оларды (Аллаҳға шерик қылыўдан) пәклейтуғын ҳәм де Китапты (Қуранды) ҳәм Ҳикметти (Ҳәдисти) үйрететуғын (бир) Пайғамбарды (Муҳаммадты) жиберди. Әлбетте, олар (пайғамбар келиўинен) алдын анық адасыўда еди.
3. (Аллаҳ оны) оларға жетисе алмағанларға – олардан басқаларға да (кейинги әўладларға да жиберди). Ол – Қүдиретли, Ҳикметли.
4. Бул – Аллаҳтың кеңшилиги. Оны Өзи қәлегенине береди. Аллаҳ – уллы кеңшилик ийеси.
5. Таўрат жүклетилген (берилген), соң оны көтермегенлердиң (оған әмел етпегенлердиң) мысалы үстине китап жүклеген ешекке уқсайды. Аллаҳтың аятларын жалғанға шығарған қәўимниң мысалы буншелли жаман. Аллаҳ залымлар қәўимин ҳидаят қылмайды.
6. (Ҳәй Муҳаммад!) Сен: «Ҳәй яҳудий болғанлар, әлбетте, сизлер басқа адамларды емес, тек өзлериңизди Аллаҳтың дослары деп ойласаңыз, егер (усы гәплериңизде) расгөй болсаңыз, онда өлимди арзыў етиң!» – деп айт.
7. Олар қоллары (менен) ислеген ислери (Таўратқа терис ислери) себепли ҳеш қашан (өлимди) арзыў етпейди. Аллаҳ – залымларды билиўши.
8. Сен: «Сизлер қашып атырған өлим, әлбетте, сизлерге жолығыўшы! Соң сизлер жасырын ҳәм ашық нәрселерди билиўшиге (Аллаҳға) қайтарыласыз. Кейин, Ол сизлерге ислеп өткен ислериңиздиң хабарын береди», – деп айт.
9. Ҳәй ийман келтиргенлер! Жума күнинде, намазға (азан) шақырылса, Аллаҳтың зикирине (имамның хутбасын тыңлаў ушын) асығың ҳәм саўданы қойың! Егер билсеңиз, бундай етиўиңиз – өзлериңизге жақсы[3].
10. Кейин, (жума) намаз таўсылғанда Жер бети бойлап тарқалың ҳәм Аллаҳтың кеңшилигинен талап етиң ҳәм Аллаҳты көп зикир етиң, қәнекей (сонда) утысқа ериссеңиз.
11. Қашан олар бир саўданы ямаса ойын-күлкини көрип қалса, сол тәрепке тарқалып кетеди ҳәм сени (минберде) тик турған ҳалыңда тәрк етеди[4]. Сен: «Аллаҳтың алдындағы нәрсе (сыйлықлар) ойын-күлкиден де, саўдадан да жақсы. Аллаҳ – ырысқы бериўшилердиң жақсысы», – деп айт.
[1] 62. ЖУМА СҮРЕСИ
Сүреде бир неше ғайыптан келген мағлыўматлар қатарында жума намазының әҳмийети, оған азан айтылғанда, саўданы тоқтатып, оған қарай барыў лазым екенлиги, Таўрат ҳәм Инжилге әмел қылмаған китап ийелерениң мысалы ҳәм басқа еслетпелер өз сәўлелениўин тапқан.
[2] 2-аят. Саўатсыз халық дегенде араб миллети нәзерде тутылған. Себеби, сол дәўирде араблар оқымайтуғын, жазбайтуғын халық болып, саўатлылары жүдә аз еди. Жазыўды араблар Тайф қаласынан, Тайф халқы Ҳийра халқынан, ал олар Анбар (Ирак) халқынан алған, делинеди (Мд.).
Араб жазыўы Пайғамбарымыздың (а.с.) заманынан баслап пүткил ислам дүньясында тез пәт пенен раўажланған.
Оқыў ҳәм жазыўға шақыратуғын аят ҳәм ҳәдислерге әмел етиў нәтийжесинде араб жазыўы ҳәзирги жетилискен қәлпине келген.
[3] 9-аят. Жума намазының пазыйлетлери ҳәдислерде көп зикир етилген. Үзирсиз онда қатнаспаў қатты қараланады. Әбиў Ҳанийфа (рҳ.) нәзеринде жума намазын оқыў ушын кеминде төрт адам, Әбиў Юсуф (рҳ.) нәзеринде үш адам, Ҳасан Басрий (рҳ.) нәзеринде еки адам, Имам Шафиий (рҳ.) нәзеринде қырық адам болыўы шәрт (Хз.).
[4] 11-аят. Мадинада жума намазы алдынан Расулуллаҳ алайҳиссалам минберде хутба айтып турғанында саўдагерлер кәрўаны жүк пенен келип қалды. Буны сезген намазханлардың көпшилиги намазды таслап, кәрўан тәрепке кетип қалады.