Қураны кәрийм аўдармасы

Ясийн

Меҳрибан ҳәм Рейимли Аллаҳтың аты менен (баслайман).

1. Я, сийн.

2. (Ҳәй Муҳаммад! Усы) ҳикметли Қуран менен ант,

3. әлбетте, сен Пайғамбарлардансаң!

4. (Сен) туўры жолдасаң.

5. (Бул Қуран) Қүдиретли, Рейимли (Аллаҳтың) нәзил еткен (Китабы),

6. ата-бабалары ескертилмеген, өзлери де ғапыл болған қәўимлерди ескертиўиңиз ушын.

7. Ҳақыйқатында да, олардың көпшилигине (күпирде болады деген) сөз ҳақыйқат болды. Енди олар ийман келтирмейди.

8. Биз олардың мойынларына кисенлер салдық. Олар (кисенлер) ийеклерине шекем. Енди олар – гәрдийиўши.

9. Және Биз олардың алдынан бир тосық (перде), артынан бир тосық (перде) қылдық, кейин көзлерине перде тарттық. Енди олар көре алмайды[2].

10. (Ҳәй Муҳаммад!) Сен оларды ескерттиң бе, ескертпедиң де – оларға бәри бир, ийман келтирмейди.

11. Сен тек Зикирге (Қуранға) ерген ҳәм Роҳманнан (Аллаҳтан) көрмей турып қорыққан адамларды ғана ескерте аласаң. Енди оған кеширимниң ҳәм уллы сыйлықтың (жәннеттиң) хош хабарын бер.

12. Әлбетте, Биз Өзимиз өлилерди тирилтемиз ҳәм олардың (өлиминен алдын) жиберген ислерин ҳәм де (қалдырған) излерин (адамларға пайдалы ямаса зыянлы ислерин) жазып қоямыз. Биз ашық-айдын Имам (Лаўҳул-маҳфуз)да ҳәмме нәрсениң есабын алғанбыз.

13. (Ҳәй Муҳаммад!) Сен оларға аўыл турғынларын мысал етип келтир. Сонда оларға елшилер келген еди[3].

14. Сол ўақытта, Биз оларға (Ийса арқалы елшилерден) екеўин жиберген едик, (олар) екеўин өтирикшиге шығарды. Кейин Биз (елшилерден) үшиншиси менен қуўатладық. Сонда олар: «Әлбетте, бизлер сизлерге (ийманға шақырыў ушын жиберилген) елшилермиз», – деди.

15. Олар: «Сизлер де тап бизлердей адамларсыз. Роҳман (Аллаҳ) ҳеш нәрсе (ўаҳий) нәзил еткен жоқ. Сизлер тек өтирик сөйлеп атырсыз», – деди.

16. Олар (елшилер) айтты: «Рәббимиз биледи. Әлбетте, бизлер сизлерге (жиберилген) елшилермиз!

17. Бизлердиң мойнымызда тек (Аллаҳтың ўаҳийин сизлерге) ашық-айдын жеткизиў ғана бар».

18. Олар: «Бизлер сизлер ҳаққыңызда жаман ойдамыз. Егер (динге шақырықларыңызды) тоқтатпасаңыз, сизлерди, әлбетте, тасборан қыламыз ҳәм сизлерге бизлерден аўыртыўшы азап жетеди», – деди.

19. Олар (елшилер): «Жаман ойларыңыз (себеби) өзиңиз бенен. Сизлерге еслетпе берилсе (жаман ойда боласыз ба)?! Яқ! Сизлер өзиңиз ысырапшы (ҳәдден асқан) қәўимсиз!», – деди.

20. (Сол ўақытта) қала шетинен бир адам асығып келип айтты: «Ҳәй қәўимим! (Бул) елшилерге ериң!

21. Өзлери ҳидаятта болған ҳәм сизлерден ҳақы сорамайтуғынларға ериң![4]

22. Мен неге өзимди Жаратқан (Аллаҳ)ға ибадат қылмайын?! (Сизлер де) Оған қайтарыласыз.

23. Мен Оннан басқаларды илаҳлар қылып алайын ба?! Егер Раҳман маған бир зыянды қәлесе, олар («илаҳ»лар)дың шәпәәти маған ҳеш қандай пайда бермейди ҳәм олар мени (азаптан) қутқара алмайды.

24. Әлбетте, ондай болса, мен анық адасыўда боламан.

25. Әлбетте, мен Рәббиңизге ийман келтирдим. Енди мени еситип қойың!»

26. (Қәўим оның сөзлерин тыңламай, өлтирип жибергенде, оған) «Жәннетке кир!», – делинди. Ол (жәннетти көргенде) айтты: «Қәне еди, (буны) қәўимим билсе,

27. Рәббим мени кеширгенин ҳәм ҳүрметли адамлардан қылғанын!»

28. Биз оның қәўимине оннан (уста Ҳабиб өлиминен) кейин аспаннан бир ләшкер (азап периштелерин) түсирмедик. Биз (асығып) түсириўши емеспиз.

29. Тек бир ғана қышқырық[5] болды да, кейин олар бирден «сөнип» (өлип) қалыўшы болды.

30. Бенделерге ҳәсирет болсын! Оларға қашан бир пайғамбар келсе, оны тек масқара қылар еди.

31. Олар өзлеринен алдынғы қанша әўладларды жоқ еткенимизди, әлбетте, солар оларға (бул дүньяға) қайтпайтуғынын көрмеген бе?!

32. Әлбетте, ҳәммеси – топланған ҳалларында (қыяметте) Бизиң алдымызда жыйналыўшы.

33. Олар ушын өли (қурғақ) жер – (қайта тирилтиўимизге) бир белги. Биз оны (суў менен) тирилттик ҳәм оннан (түрли) дән(лерди) шығардық. Кейин олар оннан жейди.

34. Және Биз ол жерде қурма ҳәм жүзим бағларын (пайда) қылдық ҳәм де ол жерде булақларды ағызып қойдық,

35. (адамлар) оның мийўелеринен жеўи ушын. Оны (сол мийўелерди) олар қоллары менен қылмаған еди. Шүкир қылмай ма?!

36. Жер өндиретуғын нәрселерден, олар (адамлар)дың өзлеринен ҳәм олар билмейтуғын нәрселерден (ибарат) ҳәмме жубайларды жаратқан (Аллаҳ) – пәк.

37. Түн де олар ушын (қүдиретимизден) бир белги. Биз оннан күндизди суўырып алыўымыз бенен-ақ, бирден олар қараңғылықта қалады.

38. Қуяш (тынбай) өзиниң белгиленген мәканына (тоқтамастан) жүреди. Бул – Қүдиретли, Илимлиниң өлшеми[6].

39. Биз Айды да, ол ески қурма балдағы (ҳалына) қайтаман дегенше мәнзиллерге (бататуғын етип) өлшеп қойғанбыз[7].

40. Қуяш Айға жетиўи мүмкин болмайды ҳәм түн де күндизден оза алмайды. (Қуяш, Ай ҳәм жулдызлардың) ҳәр бири (бир) аспанда (өз шеңберинде) жүзип жүреди.

41. Биз олардың зүрядларын (Нуҳ алайҳиссалам соққан) толы кемеде көтергенимиз (ҳәм шөгиўден қутқарғанымыз) – олар ушын (қүдиретимизден және) бир белги.

42. Және Биз олар ушын оған (кемеге) уқсас (ат, түйе киби) минетуғын нәрселерди жараттық.

43. Егер қәлесек, оларды шөктиремиз. Кейин олардың жәрдемшиси болмайды ҳәм олар қутқарылмайды да.

44. Тек Бизден бир мийрим себепли ҳәм (белгиленген) мүддетке шекем (өмирден) пайдаланыўы ушын (мәўлет бериледи).

45. Қашан оларға: «Алдыңыздағы нәрседен (ақыреттен) ҳәм артыңыздағы нәрседен (бул дүньядан) қорқың! Қәне еди (сонда), рейим қылынсаңыз», – делингенде (қулақ аспайды).

46. Оларға Рәббиси аятларынан бир аят келгенде, әлбетте, оннан (сол аяттан) жүз бурыўшы болады.

47. Оларға: «Аллаҳ сизлерге ырысқы етип берген нәрседен напақа қылың!» – делингенде, күпир келтиргенлер ийман келтиргенлерге (үстинен күлип): «Егер Аллаҳ қәлесе, Өзи аўқатландыратуғын адамларды бизлер аўқатландырамыз ба?! Сизлер анық адасыўдасыз», – дейди.

48. Және олар: «Егер дурыс сөйлеўши болсаңыз, (айтың), бул ўәде (азап) қашан болады?» – дейди.

49. Олар жәнжеллесип турғанында, оларды (сол ўақытта) услайтуғын тек бир (қорқынышлы) қышқырықты ғана күтпекте[8].

50. Сол ўақытта, олар ўәсият қылыўға шамалары жетпейди ҳәм өз шаңарағына да қайталмайды.

51. (Қыямет күни) суўр шалыныўы менен бирден олар қәбирлеринен Рәббиси тәрепке суўырылып шығады[9].

52. Олар: «Бизге ўайл болсын! Бизлерди уйқылап атырған жеримизден ким оятты?!» – дейди. (Сонда оларға): Бул Роҳман ўәде еткен ҳәм жиберилген Пайғамбарлар тастыйықлаған нәрсе (қыямет)!» (– дейди).

53. Тек ғана бир қышқырық[10]. Кейин, олар бирден бәршеси Бизиң алдымызда жыйналыўшы болады.

54. Бүгинги күнде ҳеш бир жанға зулым (наҳақлық) қылынбайды ҳәм сизлер тек қылып өткен ислериңизге қарап сыйлықланасыз.

55. Әлбетте, жәннет ийелери ол Күни рәҳәтлениў менен бәнт болады.

56. Олар ҳәм олардың жубай (ҳаял)лары саяларда сыпаларда сүйенип отырады.

57. Олар ушын ол жерде (түрли) мийўелер бар. Олар ушын ол жерде қәлеген нәрселери таяр.

58. (Оларға) рейимли Рәббиси (тәрепи)нен сәлем (айтылады).

59. Ҳәй жынаятшылар! Бүгин сизлер (мөминлерден) ажыралың!

60. Мен сизлерге (дүньяда) айтпаған ба едим: «Ҳәй Адам балалары! Шайтанға ибадат (итаат) қылмаң, әлбетте, ол сизлерге анық душпан.

61. Маған ибадат қылың! Усы – туўры жол».

62. Ҳақыйқатында да, ол (шайтан) сизлерден көпшилик әўладты адастырды. Ақыл ислетиўши емес пе едиңиз?!

63. Мынаў – сизлерге (дүньяда) ўәде етилген жәҳәннем!

64. (Дүньяда) күпир келтирип өткениңиз себепли бүгин ол жерде (жәҳәннемде) күйиң!

65. Бүгин Биз олардың аўызларына мөр басамыз. Бизге олардың қылып өткен ислери ҳаққында қоллары сөйлеп, аяқлары гүўалық береди[11].

66. Егер Биз қәлесек, көзлерин жоқ қыламыз. Кейин, сол ҳалда олар жолға асығады. (Бирақ) қаяқтан (жолды) көрсин?!

67. Егер Биз қәлесек, оларды орынларында (маймыл, доңыз яки тас киби) нәрселерге айландырып қояр едик. Кейин олар (алдыға) жүриўге де қәдир болмайды, (артына да) қайта алмайды.

68. Биз кимге узақ өмир берсек, оның жаратылыўын (көринисин, денесин) ийилген қылып қоямыз. Ақыл ислетпей ме?!

69. Биз оған (Муҳаммадқа) қосықты үйретпедик. Бул оның ушын мүмкин де емес[12]. Ол (ўаҳий) – тек Зикир (еслетпе) ҳәм анық Қуран.

70. (Ол) тири (ақылы бар) адамларды ескертиў ҳәм кәпирлерге (азап ҳаққындағы) сөз ҳақыйқат болыўы ушын (нәзил етилген).

71. Биз олар ушын Өз «қолларымыз» ислеген нәрселерден шарўаларды жаратып қойғанымызды көрмей ме?! Кейин, олар солар (ҳайўанлар)ға ийе еди ғой!

72. Биз оларға солар (ҳайўанлар)ды бойсындырып қойдық. Енди олар (ҳайўанлар)дан көликлери бар ҳәм олардан (гөшлеринен) жейди.

73. Және олар ушын соларда (ҳайўанларда түрли) пайдалар ҳәм ишимликлер (сүт-қаймақлар) бар. Шүкир қылмай ма?!

74. Олар жәрдем алыў үмитинде Аллаҳтан өзге «илаҳ»ларды тутты (бутларға сыйынды).

75. Олар (өтирик илаҳлар) «таярланған ләшкер» бола турып, оларға жәрдем бериўге жарамайды.

76. Солай екен, (ҳәй Муҳаммад!) Олардың гәпи сени қапа қылмасын. Әлбетте, Биз олардың сыр тутатуғын нәрселерин де, ашық-айдын қылатуғын нәрселерин де билемиз.

77. Инсан (кәпир), Биз оны нутфадан (бир тамшы суўдан) жаратқанымызды, ал енди ол ашық-айдын тартысыўшы болып қалғанын көрмей ме?!

78. Ол Бизге: «Ширип кеткен сүйеклерди ким тирилте алады?» – деп тымсал қылды (мысқыллады). (Бирақ,) өзиниң (қалай) жаратылғанын умытып қойды.

79. (Ҳәй Муҳаммад!) Сен: «Оларды (шириген сүйеклерди) дәслеп жоқтан бар қылған (Аллаҳ) тирилтеди ҳәм Ол – ҳәмме жаратыў(лар)ды Билиўши», – деп айт.

80. Ол сизлер ушын жасыл теректен жалын (пайда) қылды. Ал, енди сизлер оннан от жағасыз.

81. Аспанлар ҳәм Жерди жаратқан (Аллаҳ, қайтадан) олардың уқсасын жаратыўға қәдир емес пе?! Яқ (әлбетте, қәдир)! Ол – Жаратыўшы, Билиўши.

82. Қашан бир нәрсени (жаратыўды) қәлесе, Оның иси – тек ғана: «Бол!» – деп айтыў. Кейин ол (нәрсе пайда) болады.

83. Солай екен, бәрше нәрсениң ийелиги «қол»ында болған (Аллаҳ)ға тасбиҳ (айтылады) ҳәм (қыяметте) Оған ғана қайтарыласыз!



[1] 36. ЯСИЙН СҮРЕСИ

«Я, Сийн» сөзиниң тәфсиринде «Ҳәй инсан!», «Ҳәй Муҳаммад!», «Ҳәй Саййид!» киби рәўиятлар бар.

Сүреде Муҳаммадтың (а.с.) ҳақыйқый пайғамбар екенлиги, Ийса (а.с.) тәрепинен Антакияға (Византияның әййемги қаласы) жиберилген елшилердиң басынан кеширгенлери, Ҳабиб ан-Нажжар исимли шахстың ийман жолында қурбан болыўы, Қуяш, Ай, жулдызлардың илаҳий нызамлылық тийкарында ҳәрекетлениўи, сондай-ақ, жәннет ҳәм дозақ әҳлиниң қыямет күниндеги ҳалатлары, таўҳид, қайта тирилиўдиң ҳақлығына дәлил қылыўшы аятлар баян етилген.

«Ясийн» сүресиниң пазыйлетлери ҳаққында көплеген ҳәдиси шәрийфлер рәўият қылынған.

[2] 9-аят. Бул аят Әбиў Жаҳл Махзумий ҳаққында нәзил болған. Ол Расулды (а.с.) намаз оқып атырған пайытта басына тас пенен урып, майып қылыўға ант ишкен болып, мақсетин әмелге асырмақшы болғанда тасты көтериўи менен қоллары тасқа жабысып қалады. Шерменде болып, өз қәўимине қайтып келгеннен кейин, басқа биреўи «Бул исти мен орынлайман», – деп жолға шыққанда, Аллаҳ тааланың буйрығы менен оның көзи соқыр болып қалады (Мд.).

[3] 13-аят. Бул аўылдың аты Антакия болып, ол Румның (ески Византия мәмлекетиниң) аўылларынан бири болған.

[4] 21-аят. Бул усынысты халайыққа айтқан адам Ҳабиб исимли қудайға исенетуғын бир уста болып, ол қаланың шетинде жасайтуғын еди. Ийсаның (а.с.) елшилери киятырып, оның ләң болып жатырған улын ҳәм басқа наўқасларды емлеп, мөжиза көрсеткен еди (Мд.).

[5] 29-аят. Жәбрайыл (а.с.) Аллаҳтың әмири менен бир мәрте қышқырады. Оның қорқынышлы ҳаўазынан уста Нажжарды өлтирген қәўим набыт болады.

[6] 38-аят. Қуяштың мәнзили еки қыйлы тәфсир қылынған: ҳәдис бойынша, ол ҳәр күни батқаннан соң Арштың астына барып, Аллаҳға сәжде қылады. Соң Аллаҳтың әмири менен және қайтып ҳәрекетин даўам етеди. Сәжде қылып турған ўақты мәнзили есапланады; қыямет күни Қуяш өз ҳәрекетинен тоқтайды. Аят бойынша, сол ўақытқа шекем оның қанша сейил қылыўы өлшеп қойылған (Бх. ИК).

[7] 39-аят. «Мадарик» тәфсиринде жазылыўына қарағанда, егер Ай қысқа болса, ол таза шыққан күнинен баслап 28 орында көринеди. Соң бир яки еки түн көринбей, және басынан баслап тәкирарлана береди. Сол мәнзиллерге қарап айдың нуры да азайып-көбейип турады. Және «Юнус» сүресиниң 5-аяты тәфсирине қаралсын.

[8] 49-аят. Бул Исрапылдың (а.с.) биринши рет шалатуғын суўрының ҳаўазы болып, ҳәмме өз жумысы менен бәнт болып турғанда шалынады. Бирде-бир тири жан қалмай набыт болғаннан соң, Аллаҳға мәлим бир қанша мүддет үнсизлик сақланады.

[9] 51-аят. Бул – Исрапылдың (а.с.) екинши мәрте суўр шалыўы. Бунда ҳәмме инсанлар тирилип, қәбирлеринен шығады.

[10] 53-аят. Бул үшинши мәрте шалынған суўрдың ҳаўазы болып, ол адамларды мәҳшарға жыйнаў ушын шалынады. Исрапыл (а.с.) суўрды Қуддус қаласындағы ҳаўада қалқып турған тастың үстине шығып шалады.

[11] 65-аят. Ширк ҳәм күпирде болған бенделер қыямет күни дүньяда қылған қылмысларынан таңып, тиллери менен надурыс гүўалық бериўге ҳәрекет қылады екен. Қоңсылары ҳәм ағайинлери олардың мушрик болғаны ҳаққында гүўалық берсе де тән алмайды екен. Аллаҳ таала олардың аўзын мөрлеп қойыўға буйырғаннан соң, қалған ағзалары оның қылмысларын бирме-бир айтып, гүўалық береди екен (Мд.).

[12] 69-аят. Егер Расул (а.с.) қосық билгенде, кәпирлер оны шайыр, деп тоқыған дөҳметлери қуўатланып қалар еди. Айырым рәўиятларда Расулдың (а.с.) айтқан қосықлары косық емес, ал тосаттан қосыққа уқсап қалған сөзлери еди (Лс.).