Қураны кәрийм аўдармасы

Жин

Меҳрибан ҳәм Рейимли Аллаҳтың аты менен (баслайман).

1. (Ҳәй Муҳаммад!) Айт: «Маған ўаҳий етилди, әлбетте жинлерден бир топары (мениң Қуран тиләўатымды) еситип, кейин (өз қәўимлерине барып былай) деди: «Әлбетте, бизлер әжайып бир Қуранды еситтик.

2. Ол туўры жолға ҳидаят қылады. Кейин дәрриў ийман келтирдик. (Енди) бизлер Рәббимизге ҳеш кимди сирә шерик қылмаймыз.

3. Әлбетте, уллылығы жоқары болған Рәббимиз ҳаял да, перзент те тутпаған.

4. Әлбетте, бизлердиң (арамыздағы) ақылы пәсимиз (иблис) Аллаҳ ҳаққында («Оның ҳаялы ҳәм перзенти бар», – деп) қәте гәплерди айтар еди.

5. Инсанлар да, жинлер де Аллаҳ ҳаққында өтирик сөйлемейди, деп ойлар едик.

6. Әлбетте, инсанлардан болған (айырым) адамлар жинлерден болған кимселерден пана сорар еди, ал олар (жинлер) олардың (инсанлардың) ҳәдден асыўын зыяда қылар еди.

7. Әлбетте, олар (инсанлардың кәпирлери) сизлер ойлағаныңыздай, Аллаҳ ҳеш кимди қайта тирилтпейди, деп ойлаған.

8. Әлбетте, бизлер (периштелерден ўаҳийди еситип алыў ушын) аспанға тийип (барып) турар едик. Енди оның күшли қорықшыларға (периштелерге) ҳәм (жинлерге атылыўшы ушар) жулдызлар менен толы екенин көрдик.

9. Әлбетте, бизлер (илгери) оннан (аспаннан айырым) орынларға (периштелердиң сөзлерин) еситиў ушын отырып алар едик. Енди ҳәзир (Муҳаммад пайғамбар болғаннан кейин), ким (қайсы жин) тыңламақшы болса, өзин бақлап турған бир (ушар) жулдызға дуўшар болады.

10. Әлбетте, бизлер жердегилерге (Аллаҳ тәрепинен) жаманлық қәленген бе ямаса Рәббиси оларға туўры жолды қәлеген бе, билмеймиз.

11. Әлбетте, бизлерден жақсылар да бар, оннан басқалары да бар. (Алдын) бизлер түрли жолларда едик.

12. Әлбетте, бизлер (Қуранды еситкенимизден кейин) Аллаҳты Жер бетинде илажсыз қалдыра алмаўымызды ҳәм Оннан (жазасынан) қашып қутыла алмаўымызды билдик.

13. Әлбетте, бизлер ҳидаятты (Қуранды) еситтик те, (дәрриў) оған ийман келтирдик. Енди ким өзиниң Рәббисине ийман келтирсе, онда ол (жақсылықлары) азайып қалыўынан да, (жаманлықлары) көбейип кетиўинен де қорықпайды.

14. Әлбетте, арамызда мусылманлар да бар, (сондай-ақ) арамызда (туўры жолдан) адасқанлар да бар. Енди ким мусылман болса, онда олар ҳақ жолды таңлапты.

15. Бирақ, (туўры жолдан) адасқанлар болса, олар жәҳәннемге отын болады».

16. Егер олар туўры жолда толық жүрсе, әлбетте, Биз оларды көп суў менен суўғарамыз.

17. Буның менен оларды сынаған болар едик. Ким өзиниң Рәббисиниң Зикиринен (Қураннан) жүз бурса, (Ол) оны қыйын азапқа жоллайды.

18. Әлбетте, (ҳәмме) мешитлер Аллаҳтики. Солай екен, (мешитлерде) Аллаҳ пенен қосып және басқаға дуўа етпең!

19. Әлбетте, Аллаҳтың бендеси (Муҳаммад) Оған ибадат қылып турғанда, олар (жинлер Қуран еситиў ушын) оның үстинде ғуж-ғуж болып жыйнала баслады.

20. (Ҳәй Муҳаммад!) Сен (кәпирлерге): «Әлбетте, мен тек Рәббиме ғана ибадат қыламан ҳәм Оған ҳеш кимди шерик қылмайман», – деп айт.

21. Сен: «Әлбетте, мен сизлерге зыян жеткизиўге де, туўры жолға баслаўға да ийе (қәдир) емеспен», – деп айт.

22. Сен айт: «Әлбетте, мени ҳеш ким Аллаҳтан (азабынан) сақлап қала алмайды ҳәм мен Оннан басқа пана бериўшини де таба алмайман.

23. (Мен) тек Аллаҳ тәрепинен (болған буйрықларды) жеткизиўге ҳәм Оның елшилигине ғана (ийемен). Ким Аллаҳға ҳәм Оның Пайғамбарына бойсынбаса, әлбетте, оған жәҳәннем жалыны бар, (олар) ол жерде мәңги қалады.

24. Олар өзлерине ўәде етилген нәрсени (азапты) көргенде ғана кимниң жәрдемшиси әззирек ҳәм кимниң саны аз екенин биледи».

25. (Ҳәй Муҳаммад!) Сен (кәпирлерге): «Сизлерге ўәде етилген нәрсе (азап) жақын ба ямаса Рәббим оған (узақ) мәўлет берген бе, билмеймен», – деп айт.

26. (Ол –) ғайыпты билиўши. Өзиниң ғайыбынан ҳеш кимди хабардар етпейди.

27. Тек Өзи разы болған (таңлаған) пайғамбарларға ғана (еки дүньяның айырым сырларын билдиреди). Солай екен, әлбетте, Ол (Аллаҳ) оның (ҳәр бир пайғамбардың) алдынан да, артынан да бақлаўшы (периште)ни жоллайды.

28. (Пайғамбарлар) Рәббисиниң елшилик ўазыйпаларын (үмметке) жеткизгенлигин билиў (сынаў) ушын (усылай етеди). Ол (Аллаҳ) – олар (пайғамбарлар)дың алдындағы (бар) нәрсени (илим ҳәм әмеллерди) қамтып алған ҳәм (әлемдеги) ҳәр бир нәрсениң санын есаплап қойған».



[1] 72. ЖИН СҮРЕСИ

Сүреде бир топар жинлер тайпасы Расул (а.с.) алдына келип, Қуран тиләўатын тыңлап, соң ийман келтиргени, улыўма, жинлер менен инсанлар арасындағы мүнәсибетлер, олардың аспаннан келген ўаҳийлерге байланысы ҳәм басқа мағлыўматлар өз сәўлелениўин тапқан.

Белгили болғанындай, Муҳаммад (а.с.) инсанларға да, жинлерге де бирдей пайғамбар етип жиберилген. Сонлықтан, жинлер ишинде де мөминлери ҳәм кәпирлери, жақсылары ҳәм жаманлары бар. Ең жаўызлары шайтанлар деп аталады. Жинлер түтинсиз оттан, ал периштелер сап нурдан жаратылған.