1. Ҳаа. Мийм.
2. Анық Китапқа (Қуранға) ант етемен,
3. әлбетте, Биз оны сизлер аңлаўыңыз ушын арабша Қуран еттик!
4. Әлбетте, ол (Қуран) – алдымыздағы Негизги Китапта (Лаўҳул-маҳфуздағы) жоқары, ҳикметли[2] (жазыў).
5. Енди ҳәдден асыўшы қәўим болсаңыз, сизлерден (бул) еслетпени бурып (өз ҳалыңызға таслап) қояйық па?!
6. Алдынғыларға да қаншадан-қанша пайғамбар жибердик.
7. Олар да өзлерине келген ҳәр бир пайғамбарды тек масқара қылар еди.
8. Сонда, Биз олардан (Мәккә мушриклеринен) күшлирегин де жоқ қылғанбыз. (Қуранда) алдынғылардың мысалы (қыссасы) өтти.
9. (Ҳәй Муҳаммад!) Егер олардан: «Аспанлар ҳәм Жерди ким жаратқан?» – деп сорасаң, әлбетте: «Оларды Қүдиретли, Илимли (Аллаҳ) жаратқан», – дейди[3].
10. Ол сизлер ушын жерди бесик қылып қойды ҳәм сизлерге онда (сапарларда) жол табыўыңыз ушын (Жерде) жоллар (пайда) қылды.
11. Ол аспаннан (анық) өлшем менен суў (жаўын-шашын) түсирди. Кейин, Биз оның (суў) менен «өли» жерди тирилттик (егинлерди шығардық). Сизлер де (қыямет күни қәбирлерден) усылай шығарыласыз.
12. Ол ҳәмме жубайларды жаратты ҳәм сизлер ушын кемелер ҳәм шарўа ҳайўанларынан көликлерди (пайда) қылды.
13. Сизлер олардың үстине минесиз, соң олардың үстине миңгениңизден кейин, Рәббиңиздиң неъматын еслеп айтасыз: «Бизлерге буны бойсындырған (Аллаҳ)ға тасбиҳ айтамыз. Бизлер өзимиз буған қәдир емес едик*.
14. Әлбетте, бизлер (бәршемиз) – Рәббимизге қайтыўшымыз»[4].
15. Олар (мушриклер) Оның бенде (периште)леринен Оған ағза қылды (Аллаҳтың қызлары, деди)[5]. Әлбетте, инсан – анық нашүкир.
16. Ямаса Ол Өзи жарататуғын нәрселерден қызларды услап, сизлерге улларды таңлап берди ме?
17. Қашан олардан биреўине Роҳманға (Аллаҳға) тымсал қылған нәрсе (қыз туўылғанлығы) хош хабары берилсе, ғәзепке толып, бети қарайып кетеди.
18. Зийнет ишинде өсирилетуғын ҳәм тартыста (өз мақсетин) ашық баян ете алмайтуғын (қыз)ларды (Аллаҳ таңлай ма)?!
19. Роҳманның бенделери болған периштелерди «қызлар», деди. Я олардың (периштелердиң) жаратылыўына гүўа болды ма?! Әлбетте, бул «гүўа»лығы жазылады ҳәм олар (қыяметте) сораў қылынады!
20. Олар: «Егер Роҳман қәлегенде, биз олар (бутлар)ға ибадат қылмас едик», – дейди. Оларда буған ҳеш бир илим (тийкар) жоқ. Олар тек ғана өтирик сөйлеп атыр.
21. Ямаса Биз оларға оннан (Қураннан) алдын (бир) китап берип, енди олар оны (сол тәлиматты) беккем услаўшы ма?!
22. Яқ, олар: «Бизлер ата-бабаларымызды бир динде таптық, әлбетте, бизлер олардың излеринен (ерип) ҳидаят табыўшымыз», – деди.
23. (Ҳәй Муҳаммад!) Сондай-ақ, Биз сеннен алдын да қайсы бир аўыл-қалаға ескертиўши (пайғамбар) жиберсек, әлбетте, ол жердиң дәбдебеге берилгенлери: «Әлбетте, бизлер ата-бабаларымызды бир динде таптық ҳәм әлбетте, бизлер – олардың излеринен ериўшимиз», – деген.
24. (Пайғамбар оларға): «Егер мен сизлерге сизлер ата-бабаларыңызды үстинде тапқан сол нәрседен (диннен) де туўрырақты (динди) әкелген болсам ше?!» – дегенде, олар: «Бизлер сениң менен жиберилген нәрсе (дин)ге күпир келтирдик (исенбеймиз)», – деди.
25. Кейин Биз олардан өш алдық. Енди ол (пайғамбарларды) өтирикши қылыўшылардың ақыбети қандай болғанына қара!
26. Есле, Ибраҳим әкеси ҳәм қәўимине айтты: «Әлбетте, мен сизлер ибадат етип атырған нәрседен пәкпен.
27. Тек мени жаратқан (Аллаҳ)ға ғана (сыйынаман). Әлбетте, Ол мени (ҳақ динге) ҳидаят қылады».
28. Ол (Ибраҳим) қәне еди қайтса, деп соны (нәсиятты) артында қалыўшы сөз қылды.
29. Ал, мен (ол қалдырған сөзге бойсынбаған) солар (Мәккә халқы) ҳәм олардың ата-бабаларын ҳәтте, оларға Ҳақ (Қуран) ҳәм ашық-айдын Пайғамбар (Муҳаммад) келгенше (пәраўан турмыстан) пайдаландырдым.
30. Қашан оларға Ҳақ (Қуран) келгенде, олар: «Бул – сыйқыр, әлбетте, бизлер буған күпир келтириўшимиз (исенбеймиз)», – деди.
31. Олар: «Бул Қуран еки қаладан (олардың биреўинен) болған уллы адамға нәзил етилгенде еди», – деди[6].
32. (Ҳәй Муҳаммад!) Рәббиңниң мийримин (пайғамбарлықты) олар бөлип бере ме? Дүнья өмиринде олардың араларындағы тиришиликти де Биз бөлдик ҳәм айырымлары айырымларын хызметкер қылыўы ушын айырымларының дәрежелерин айырымларынан үстин қылып қойдық. Рәббиңниң мийрими олар топлайтуғын нәрседен (байлықтан) жақсы.
33. Егер адамлар бир миллет болып алыўы (кәпир болып кетиўи) болмағанда еди, әлбетте, Биз Роҳманға күпир келтиретуғынлардың үйлериниң төбесин ҳәм оған шығатуғын зәңгилерди гүмистен қылып қояр едик*.
34. Және үйлериниң есиклерин де, үстинде сүйенип отыратуғын сыпаларды да (гүмистен қылып қояр едик)*.
35. Және (алтын ҳәм гәўҳарлардан болған) зийнетлерди де (оларға берген болар едик). Булардың ҳәммеси тек ғана дүнья өмириниң буйымы[7]. Ал, ақырет, Рәббиң алдында, тақўалылар ушын.
36. Ким Роҳманның еслетпесинен (Қуран нәсиятларынан) соқыр болып алса (жүз бурса), Биз оған шайтанды жақын қылып қоярмыз, кейин ол оған жолдас болады.
37. Әлбетте, олар (шайтанлар) оларды («соқырларды») жолдан тосады ҳәм олар (тосылғанлар) өзлерин ҳидаят табыўшы, – деп есаплайды.
38. Қашан алдымызға келгенде (сол шайтанға қарап): «Қәне еди, сениң менен мениң арамыз Батыс пенен Шығыс арасындай узақ болса. Енди сен буншелли жаман жолдассаң», – дейди.
39. Зулым қылғаныңыз ушын бүгин (қыямет күни) азапқа шерик болыўыңыз да сизлерге ҳеш пайда бермейди.
40. Енди (ҳәй Муҳаммад!) Сен «герең»лерге еситтире аласаң ба ямаса «соқыр»ларды ҳәм анық адасқанларды ҳидаятқа баслай аласаң ба?!
41. Енди, егер Биз сени кетирсек те (жаныңды алсақ та), әлбетте, Биз олардан (ақыретте) өш алыўшымыз.
42. Ямаса Биз оларға ўәде еткен нәрсени (оларды азаплайтуғынымызды тири ўақтыңда-ақ) саған көрсетемиз. Себеби, әлбетте, Биз оларға (азап бериўге) қәдирмиз.
43. Енди сен өзиңе ўаҳий қылынған нәрсени (Қуранды) беккем тут! Әлбетте, сен туўры жолдасаң.
44. Әлбетте, ол (Қуран) саған да, қәўимиңе (үмметиңе) де уллы мәртебе ҳәм жақында (қыямет күнинде ҳәммеңиз) сораласыз.
45. (Ҳәй Муҳаммад!) Сеннен алдын жиберген Пайғамбарларымыздан сора: Роҳманнан басқа ибадат қылынатуғын «илаҳ»лар қылған екенбиз бе?!
46. Ҳақыйқатында да, Биз Муўсаны Өз мөжизаларымыз бенен Фиръаўнға ҳәм оның ақсүйеклерине жибердик. Сонда, ол (Муўса): «Әлбетте, мен – (бәрше) әлемлер Рәббисиниң Пайғамбарыман», – деди.
47. Кейин, қашан ол (Муўса) оларға мөжизаларымызды әкелгенде (көрсеткенде), олар бирден оларға (мөжизалардың үстинен) күле баслады.
48. Биз оларға (Исрайыл әўладына) қайсы бир мөжизаны көрсетсек, әлбетте, ол (өзинен алдынғы) шеригинен үлкенирек болар еди. Қәнекей, (ийманға) қайтса, деп оларды (түрли) азапқа туттық.
49. Олар (мөжизаларымызды көргенде, Муўсаға): «Ҳәй сыйқыршы! Сениң менен болған келисими бойынша, бизлер ушын Рәббиңе дуўа қыл! (Егер Ол азапларды кетирсе) әлбетте, бизлер ҳидаят табыўшылардан боламыз», – деди.
50. Кейин, қашан олардан азапты алып тасласақ, дәрриў олар (өз келисимин және) буза баслайды.
51. Фиръаўн өз қәўимине былай нида қылды: «Ҳәй қәўимим! Мысыр бийлиги ҳәм мына астымда ағып турған дәрьялар[8] меники емес пе?! Көрмейсиз бе?!
52. Ямаса мен мына пәс, (мақсетин де) анық айта алмайтуғын (тутлықпа) адамнан (Муўсадан) мен жақсы емеспен бе[9]?
53. Оған алтыннан болған билезиклер тасланса ямаса оның менен бирге периштелер жолдас болып келгенде еди?!»
54. Кейин ол өз қәўимин (Муўсаға қарсы) қозғаған еди, олар оған бойсынды. Себеби, олар фасықлар қәўими еди.
55. Кейин, қашан олар ғәзебимизди шығарғанда, олардан өш алдық – олардың ҳәммесин (суўға) шөктирдик.
56. Кейин оларды өтмиш (адамлары) қылдық ҳәм кейингилерге мысал етип қойдық.
57. (Ҳәй Муҳаммад!) Қашан Мәрьям улы (Ийса) мысал етип келтирилсе, сениң қәўимиң бирден (шадланып) қышқырады.
58. Олар: «Бизиң илаҳларымыз жақсы ма ямаса ол ма?» – деди. Олар (бул мысалды) саған тек таласып-тартысыў ушын ғана мысал келтирди. Негизинде, олар жәнжелкеш қәўим.
59. Ол (Ийса) – тек Биз (пайғамбарлықты) инам еткен бир бенде. Биз оны (әкесиз жаратыў менен) Исрайыл әўладына мысал қылдық.
60. Егер қәлесек, орныңызға Жер бетинде орынбасар болатуғын периштелерди (пайда) қылып қояр едик.
61. Әлбетте, ол (Ийса) – қыямет ушын илим (белги). Енди сизлер ол (қыямет) ҳаққында ҳеш гүман қылмаң![10] (Ҳәй Муҳаммад! Мәккә халқына айтың:) «Саған ериң! Бул – туўры жол».
62. Шайтан сизлерди (Аллаҳтың динине исениўден) сирә тоспасын! Әлбетте, ол – сизлерге анық душпан.
63. Ийса (өз қәўимине) анық ҳүжжетлерди әкелгенде (былай) деди: «Ҳақыйқатында да, мен сизлерге ҳикметти (Инжилди) әкелдим ҳәм сизлер таласып-тартысқан айырым мәселелерди баян етиў ушын (келдим). Енди Аллаҳға тақўа қылың ҳәм маған бойсының!
64. Әлбетте, Аллаҳтың Өзи – мениң де Рәббим, сизлердиң де Рәббиңиз. Енди Оған ибадат қылың! Усы – туўры жол», – деди.
65. Соң олардың (насранийлердиң) арасындағы топарлар (Ийса ҳаққында) өз ара таласып-тартысты. Енди (бундай) зулым қылғанлардың ҳалына аўыртыўшы Күн (қыямет) азабынан ўайл болсын!
66. Олар тек ғана өзлери сезбеген ҳалларында қыямет тосаттан келип қалыўын күтип атыр.
67. Ол Күни тақўалылардан басқа дослар – бир-бирине душпан.
68. (Ол Күни тақўалыларға айтылады:) «Ҳәй бенделерим! Бүгин сизлерге қәўип жоқ ҳәм (ҳасла) қапа да болмайсыз.
69. (Сизлер дүньяда) аятларымызға ийман келтиргенсиз ҳәм мусылман болғансыз.
70. Сизлер де, жубайларыңыз да шад болған ҳалыңызда жәннетке кириң!»
71. Оларға алтын табақлар(да аўқатлар) ҳәм кеселер(де ишимликлер) айландырылады. Ол жерде кеўил қәлеген нәрселер ҳәм көзлер ләззетленетуғын (бәрше) нәрселер бар. Сизлер ол жерде (жәннетте) мәңги қаласыз.
72. Қылып өткен әмеллериңиз себепли сизлерге мийрас етип берилген жәннет – мине, усы.
73. Сизлерге ол жерде көп мийўе(лер) бар болып, сизлер оннан жейсиз.
74. Әлбетте, жынаятшылар (кәпирлер) – жәҳәннем азабында мәңги қалыўшы.
75. Олардан (азап) жеңиллетилмейди ҳәм олар ол жерде (пүткиллей) үмитсиз ҳалда қалады.
76. Биз оларға зулым қылмадық, бирақ олар өзлери залым болды.
77. Олар (дозақ периштесине): «Ҳәй Мәлик! Рәббиң бизлерге Өз ҳүкимин шығарсын (жанымызды алсын)!» – деп нида қылғанда, ол (периште): «Әлбетте, сизлер – (азапта мәңги) қалыўшысыз», – дейди.
78. Ҳақыйқатында да, Биз сизлерге ҳақты (Қуранды) әкелдик. Бирақ, сизлердиң көпшилигиңиз – ҳақыйқатты жаман көриўшисиз.
79. Ямаса олар (Мәккә мушриклери) бир иске қарар қылды ма?! Демек, әлбетте, Биз де – қарар қылыўшымыз.
80. Ямаса Бизди олар өзлериниң сырларын (билмейди) ҳәм сыбырласқанларын еситпейди, деп ойлай ма? Яқ! Бизиң елши (периште)леримиз олардың алдында (ислеген ислерин) жазып турады.
81. (Ҳәй Муҳаммад!) Сен (мушриклерге): «Егер Роҳманның баласы болғанда, мен оған ибадат қылыўшылардың бириншиси болар едим», – деп айт.
82. Аспанлар ҳәм Жердиң Рәббиси, Арштың Рәббиси (болған Аллаҳ) олар қылып атырған сыпаттан (айыплардан) пәк.
83. Енди сен оларды қойып қой! Олар өзлерине ўәде етилип атырған Күнге (қыяметке) жолыққанша (гүнаға) батып, ойнап жүреберсин!
84. Ол (Аллаҳ) аспанда да илаҳ, жерде де илаҳ. Ол – Ҳикметли, Илимли.
85. Аспанлар ҳәм Жердиң ҳәм де олар арасындағы нәрселердиң бийлигине ийе болған (Аллаҳ) – берекетли. Қыямет илими де Оның алдында. Оған ғана қайтарыласыз.
86. Оннан басқа илтижа қылып атырған нәрселери (қыямет күни) шәпәәтке ийе болмайды. Тек өзлери билген ҳалларында дурыс гүўалық бергенлер ғана (шәпәәт қылыўға руқсат алады).
87. (Ҳәй Муҳаммад!) Егер сен олардан өзлерин ким жаратқанын сорасаң, әлбетте, олар: «Аллаҳ», – дейди. Енди (ондай болса) қаяққа бурылып баратыр?!
88. (Аллаҳ Өзиниң расулының): «Я Рәббим! Әлбетте, булар – ийман келтирмейтуғын қәўим», – дегенин де (биледи).
89. Енди (ҳәй Муҳаммад!) Сен олардан жүз бурып: «Сизлерге саламатлық болсын», – деп айт. Кейин, олар тез арада (ҳақыйқатты) билип алады.
[1] 43. ЗУХРУФ СҮРЕСИ
Зухруф – зеб-зийнет дегенди билдиреди.
Сүреде бул ҳаққында аят нәзил болғаны ушын оған усы атама берилген.
Онда Аллаҳтың шексиз неъматлары, мушриклердиң Аллаҳтың абырайына тоқыған жалалары, Ибраҳим ҳәм Муўса пайғамбарлардың қыссаларынан үзиндилер ҳәм басқа мағлыўматлар бар.
[2] 4-аят. Лаўҳул-маҳфуздың «Негизги Китап» деп аталыўына себеп – бәрше нәзил етилген илаҳий китаплар ҳәм саҳифалардың (илаҳий көрсетпелердиң) дереги болғаны есапланады. Қураны кәриймниң дәрежеси қаншелли уллы екени усы аяттан басқа және «Ўақыя» сүресиниң 77–80 ҳәм «Абаса» сүресиниң 11–16-аятларында да атап өтилгени ушын оны таҳәратсыз услаў шәрият бойынша қадаған етилген (Мд. ИК).
[3] 9-аят. Мушриклер Қуран ҳәм Муҳаммад алайҳиссаламды инкәр етсе де, аспанлар ҳәм Жерди Аллаҳ жаратқан дер еди. Бирақ, Ислам тәлиматы бойынша тек Аллаҳ таалаға исениўдиң өзи жетерли емес, ал Исламда келген ҳәмме хабарларға исениўи ҳәм оған ийман келтириўи шәрт. Сол хабарлардан биреўин инкәр еткен адам кәпир болады.
[4] 13–14-аятлар. Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам қашан көликке минежақ болса, аяқларын зәңгисине қойыўы менен: «Бисмиллаҳ», деп ердиң үстине мингеннен кейин: «Әлҳамду лиллаҳи ала кулли ҳал. Субҳаналлазий саххоролана ҳаза, ўама кунна лаҳу муқринийн. Ўа инна ила Роббина ламунқолибуўн», – дейди екен. (Қз. ИК.).
Минилетуғын ҳайўанлардан басқа заманагөй жол транспортлары да көликке киреди.
[5] 15-аят. Яғный, «Периштелер Аллаҳтың қызлары» деди. Ҳақыйқатында, периштелерде ул ҳәм қыз жынысларының өзи жоқ.
[6] 31-аят. Бул еки қала – Мәккә ҳәм Тайф қалалары болып, Мәккә мушриклери өзлериниң бузық исенимлери бойынша, егер Қуран ҳақыйқатында да Аллаҳ тәрепинен нәзил етилгенинде еди, Мәккәли Ўалийд ибн Муғийра ямаса Тайфлы Урўа ибн Масъуд ас-Сақофий киби байлардың бирине нәзил етилген болар еди, деп ойлар еди.
[7] 33, 34, 35-аятлар. Бул аятлардан жуўмақ қылып айтатуғын болсақ, егер кәпирлердиң бай болып жасап атырғанын көрип, мусылманлар биз де кәпир болсақ болар екен, деп күпирге өтип кетпейтуғын болғанында еди, Аллаҳ таала кәпирлерди буннан да байлаў қылып қояр еди. Аллаҳ тааланың алдында ақырет неъматларына салыстырғанда дүнья байлығының шыбын қанаты шелли де қәдири жоқ.
[8] 51-аят. Нил дәрьясы биреў. Лекин ол Мысыр аймағына жақынласқаннан кейин, төрт киши дәрьяға бөлинип кеткен. Олар: «Наҳрул-мәлик», «Наҳру Тулун», «Наҳру Димят», «Наҳру Тиннис» болып, олардан бири Фиръаўнның сарайы астынан ағып өтетуғын еди (Қз.).
[9] 52-аят. Муўсаның (а.с) тили жаслығында от шоғын аўызына салғанында күйип, тутлықпа болып қалған еди. Соң Аллаҳтан тутлықпаны жоқ етип, анық сөйлейтуғын қылыўды сорағаннан кейин, «Тоҳа» сүресиниң 36-аяты бойынша, тилеги орынланған (ИК).
Айтыўларына қарағанда, Муўсаның (а.с) тутлықпасы толық жоқ болмаған.
[10] 61-аят. Ислам тәлиматы бойынша, Ийса (а.с.) қыямет қайым болыўы қарсаңында аспаннан Жер бетине нәзил болып, 40 жыл Ислам шәриятына муўапық басшылық етеди ҳәм Тәжжалды өлтиреди. Қайтыс болғаннан кейин, жаназасын мусылманлар оқыйды. Буның дәлили сыпатында аят ҳәм ҳәдислерди келтирген. Саҳабалардан Абдуллаҳ ибн Аббас, Әбиў Ҳурайра (рз.)лар, Қатода, Әбиў Алия, Икрима, Ҳасан Басрий, Заҳҳак (рҳ.)лар бул қыямет белгилери ҳаққындағы ҳәдислерди рәўият қылған (Тб. Мд. Хз. ИК).
«Ниса» сүресиниң 159-аятында да Ийса (а.с.) қайтыс болыўынан алдын барлық китап ийелери оған «Аллаҳтың улы емес, ал пайғамбары», – деп ийман келтириўи туўралы хабар берилген еди. Соған қарағанда, Ийса (а.с.) аспанда тири ҳалатта.