1. (Ҳәй Муҳаммад!) Әлбетте, Биз саған Кәўсарды[2] бердик.
2. Солай екен, Рәббиңе (бес ўақыт ҳәм қурбан ҳайыты ушын) намаз оқы ҳәм (түйе) сойып, қурбанлық қыл!
3. Әлбетте, сени жаман көриўшиниң (душпаныңның) өзи арқасы кесик (бәрше жақсылықлардан ҳәм зүряд қалдырыўдан маҳрум)[3].
[1] 108. КӘЎСАР СҮРЕСИ
«Кәўсар» – Муҳаммадқа (а.с.) атап жаратылған жәннеттеги бир әжайып дәрья яки ҳаўыздың аты. Оның суўы палдан татлы, қар ҳәм сүттен ақ. Оннан ишкен адам мәңгиге шөллемейди.
[2] 1-аят. «Кәўсар» сөзиниң дәрья ҳәм ҳаўыздан басқа мәнилери де бар. Мәселен, Кәўсар – бул «касир» сөзиниң арттырма дәрежеси, яғный жүдә көп (жақсы) нәрселер, жақсылықларды инам еттик, деген мәнисти де аңлатады.
[3] 3-аят. Сүре соңында Пайғамбар душпанларын тәрийплеп, Аллаҳ таала олар – абтар, дейди. «Абтар» сөзиниң де бир неше тәфсирлери бар. Мәселен абтар – бәрше жақсылықлардан маҳрум; аты өшетуғын; нәсил-насабы қурыйтуғын; нәсили қырқылған ҳәм т.б. Пайғамбарға (а.с.) мушриклер бул сөзди қолланып, оннан ул перзент қалмады, демек оның аты да, зүряды да қырқылды, деп гина таққанда, Аллаҳ таала усы қысқа сүре арқалы оларға қарсы соққы берген.