Қураны кәрийм аўдармасы

Ибраҳим

Меҳрибан ҳәм Рейимли Аллаҳтың аты менен (баслайман).

1. Әлиф. Ләәм. Ро. (Ҳәй Муҳаммад! Бул) Китапты (Қуранды) Рәббисиниң руқсаты менен адамларды қараңғылықтан нурға, қүдиретли ҳәм ҳамд ийесиниң (Аллаҳтың) жолына шығарыўың ушын саған нәзил еттик.

2. (Ол жол) аспанлар ҳәм Жердеги нәрселердиң ийеси болған Аллаҳтики. Қатты азаптың себебинен кәпирлерге ўайл болсын.

3. Олар ақыретке қарағанда дүнья өмирин жақсы көреди. (Адамларды) Аллаҳтың жолынан қайтарады ҳәм оны (Аллаҳтың жолын) қыйсайтпақшы болады. Әне солар (ҳақ жолдан) узақ адасыўда.

4. Биз ҳәр бир Пайғамбарды (қәўимине ҳүкимлерди) баян етип бериўи ушын, өзиниң қәўиминиң тилинде жибердик[2]. Аллаҳ кимди қәлесе адастырады, кимди қәлесе ҳидаятқа салады. Ол – Қүдиретли, Ҳикметли.

5. Ҳақыйқатында да, Биз Муўсаны мөжизаларымыз[3] бенен жиберип: «Қәўимиңди қараңғылықлардан[4] (күпирден) нур (ийман)ға шығар ҳәм оларға Аллаҳтың күнлерин (өтмиш ўақыяларын яки неъматларын) еслет! Әлбетте, бунда ҳәр бир сабырлы ҳәм шүкир қылыўшы ушын белгилер бар» (– дедик).

6. Сонда Муўса өзиниң қәўимине: «Аллаҳтың сизлерге берген неъматларын еслең! Ол сизлерди мудамы азаплайтуғын, улларыңызды сойып, қызларыңызды тири қалдыратуғын Фиръаўн шаңарағынан қутқарды. Бунда Рәббиңизден үлкен сынақ бар», – деген еди.

7. Және Рәббиңиз жәриялаған (мына сөзлерди) еслең: «Ант болсын, егер (берген неъматларыма) шүкир қылсаңыз, әлбетте, сизлерге (оларды және де) зыяда қыламан. Егер нашүкирлик қылсаңыз, әлбетте, мениң азабым да қатты»[5].

8. Муўса (және) айтты: «Егер сизлер ҳәм Жер бетиндеги ҳәмме (адамлар) күпир келтирсе де (Аллаҳға ҳеш қандай зыян келтире алмайсыз). Себеби, Аллаҳ – (сизлердиң шүкир қылыўыңызға) мүтәж емес, Мақталған.

9. Сизлерге өзиңизден алдын өткен – Нуҳ, Ад, Самуд қәўимлериниң ҳәм олардан кейингилердиң, Аллаҳтан басқа ҳеш ким билмейтуғынлардың хабары келмеди ме? Оларға Пайғамбарлары анық ҳүжжетлер менен келди. Ал, олар қолларын аўызларына қойып: «Сизлер жиберилген нәрсеге (динге) бизлер күпир келтирдик. Сизлер бизлерди шақырып атырған нәрсеге бизлер исенбеймиз!» – деди.

10. Пайғамбарлары оларға: «Аспанлар ҳәм Жердиң жаратыўшысы болған Аллаҳ (бар екенлиги ҳәм бир екенлиги) ҳаққында шубҳа бар ма? Ол сизлерди гүналарыңызды кешириў ҳәм өзиңизди мәлим мүддетке (набыт қылмай) қалдырыў ушын (ийманға) шақырып атыр!» – деди. Ал, олар: «Сизлер де бизлерге уқсас адамсыз. Бизлерди ата-бабаларымыз ибадат қылған нәрседен (бутларға сыйыныўдан) тосыўды қәлейсиз. Енди (ҳақыйқый пайғамбар болсаңыз,) бизлерге анық ҳүжжет (мөжиза) әкелиң!» – деди.

11. Пайғамбарлары оларға айтты: «(Туўры,) бизлер де сизлердей адамлармыз. Бирақ, Аллаҳ Өзиниң бендесинен Өзи қәлегенине (пайғамбарлықты) береди. Бизлер сизлерге Аллаҳтың қәлеўисиз бир де ҳүжжет алып келе алмаймыз. Солай екен, мөминлер тек Аллаҳға ғана тәўекел қылсын![6]

12. Бизлерди (туўры) жолға ҳидаят қылған Аллаҳға неге тәўекел қылмайық?! Бизлер, әлбетте, сизлердиң бизлерге қылған азарларыңызға сабыр етемиз! Тәўекел қылыўшылар тек Аллаҳға ғана тәўекел қылсын!»

13. Күпир келтиргенлер өзлериниң Пайғамбарларына: «Әлбетте, бизлер сизлерди жеримизден (қуўып) шығарып жиберемиз ямаса сизлер бизлердиң миллетимизге (динимизге) қайтасыз», – деди. Сонда, Рәббиси оларға ўаҳий қылды: «Әлбетте, Биз залымларды қыйратамыз,

14. олардан кейин сол жерге сизлерди жайластырамыз. Бул (ўәде) Мениң алдымда (есап-санақ ушын) турыўдан қорқыўшы[7] ҳәм Мениң ескертиўимнен қорқыўшы ушын».

15. (Соң пайғамбарлар Аллаҳтан) жәрдем сорайды. Ҳәр бир жәбир қылыўшы, бойсынбаўшы үмитсиз болады.

16. Олардың артында жәҳәннем бар. (Жәҳәннемде олар) ириң суўдан суўғарылады.

17. Оны жутыўға урынады, (бирақ тамағынан) өткизе алмайды. Оған ҳәмме жақтан өлим келеди, (бирақ) өле алмайды. Оның артында (буннан да) қатты азап бар.

18. Рәббисине күпир келтиргенлердиң әмели, боранлы күнде самал ушырып кеткен күлге уқсайды. Олар өзлери қылған ислеринен бир де нәрсеге (жақсылыққа) ийе болмайды. Бул – узақ адасыў.

19. (Ҳәй инсан!) Аллаҳ аспанлар ҳәм Жерди ҳақ (ҳикмет) пенен жаратқанын көрмедиң бе?! Егер Ол қәлесе, сизлерди кетирип, (орныңызға) таза халықты әкеледи.

20. Бундай қылыў Аллаҳға қыйын емес.

21. (Қыямет күни) олардың ҳәммеси Аллаҳға жолығады. Әззилер тәкаббырларға: «Бизлер сизлерге (дүнья өмиринде) ерген едик. Енди сизлер бизлерди Аллаҳтың бир азабынан болса да қутқара аласыз ба?» – дейди. Олар: «Егер Аллаҳ бизлерди ҳидаят қылғанында, бизлер де сизлерди ҳидаят қылған болар едик. Бизлер ушын енди сабырсызлық етсек те, сабыр етсек те бәри бир. Бизлер ушын пана жер жоқ», – дейди[8].

22. Қашан ис тамам болғанда (жәннет әҳли жәннетке, дозақ әҳли дозаққа ҳүким қылынғанда) шайтан: «Аллаҳ сизлерге ҳақты ўәде еткен еди. Мен де сизлерге ўәде бердим, кейин (ўәдеме) терис ис қылдым. Менде сизлердиң үстиңизден ҳеш қандай бийлик жоқ еди. Тек сизлерди (күпирге) шақырдым, сизлер оны қабыл еттиңиз. Солай екен, мени айыпламаң, өзлериңизди айыплаң. Мен сизлерди қутқара алмайман, сизлер де мени қутқара алмайсыз. (Енди мен) сизлер мени алдын (Аллаҳға) шерик қылғаныңызды инкәр етемен. Әлбетте, залымларға (ақыретте) аўыртыўшы азап бар», – дейди.

23. Ийман келтирип, ийгиликли ислерди қылғанлар астынан дәрьялар ағып турған жәннетлерге киргизилип, ол жерде Рәббисиниң руқсаты менен мәңги қалады. Ол жерде олардың сорасыўы «Сәлемлесиў» болады.

24. (Ҳәй инсан!) Аллаҳ пәк сөзге (ийман кәлиймасына)[9] қандай мысал келтиргенин көрмейсең бе?! (Ол сөз) тамыры беккем, шақалары аспанда болған бир терекке уқсайды.

25. Рәббисиниң руқсаты менен (ол) удайына мийўе береди. Адамлар еслетпе алыўы ушын Аллаҳ усындай мысалларды келтиреди.

26. Жаман сөздиң (күпир сөздиң) мысалы жерден үзилип қалған, бир жерде турмайтуғын напәк терекке уқсайды[10].

27. Аллаҳ ийман келтиргенлерди бул дүнья өмиринде де, ақыретте де мықлы Сөз бенен (ийман кәлиймасы менен) беккемлейди[11]. Аллаҳ залымларды адастырады. Аллаҳ (илим ҳәм ҳикмет тийкарында) қәлеген исти қылады.

28. (Ҳәй инсан!) Аллаҳтың неъматын (ийманды) күпирге алмастырған ҳәм қәўимин өлим үлкесине қулатқан адамларды көрмедиң бе?!

29. (Өлим үлкеси бул) олар күйдирилетуғын жәҳәннем. Бул буншелли жаман орын!

30. Олар (адамларды) Аллаҳтың жолынан адастырыў ушын Оған (Аллаҳға) «теңлес»лерди (бутларды ойлап) тапты. (Ҳәй Муҳаммад!) Сен (оларға): «(Дүньядан) пайдаланып қалың! Енди баратуғын жериңиз дозақ», – деп айт!

31. (Ҳәй Муҳаммад!) Сен ийман келтирген бенделериме айт, намазын кәмил оқысын. Саўда-сатық, таныс-билис болмайтуғын Күн (қыямет) келместен алдын оларға Биз ырысқы етип берген нәрселеримизден жасырын ҳәм ашықтан-ашық садақа қылсын!

32. Аллаҳ аспанлар ҳәм Жерди жаратты, аспаннан суў түсирип, оның менен сизлерге ырысқы болатуғын мийўелерди шығарды. Ол Өзиниң буйрығы менен теңизде жүзиўи ушын кемелерди сизлерге бойсындырды. Және дәрьяларды да сизлерге бойсындырды.

33. (Ол) удайына ҳәрекеттеги Қуяш ҳәм Айды да сизлерге бойсындырды. Және сизлерге түн менен күндизди де бойсындырды.

34. Ол сизлерге сораған нәрсеңизди берди. Егер Аллаҳтың неъматларын санасаң, санына жете алмайсаң. Әлбетте, инсан жүдә залым ҳәм (Рәббисине) жүдә нашүкир.

35. (Ҳәй Муҳаммад!) Есле, Ибраҳим айтты: «Рәббим, бул журтты (Мәккәны) тыныш қыл, мени ҳәм балаларымды бутларға ибадат қылыўдан узақ қыл.

36. Я Рәббим! Олар адамлардың көбисин (диннен) адастырды. Солай екен, ким маған ерсе, ол меннен (мениң динимде). Ким маған бойсынбаса, әлбетте, Өзиң – Кеширимли, Рейимлисең.

37. Я Рәббимиз! Ҳақыйқатында да мен зүрядымнан (бир бөлимин, улым Исмайылды ҳәм Ҳажарды) Сениң ҳүрметли Үйиңниң қасындағы егин өспейтуғын ойпатлыққа жайластырдым[12]. Я Рәббимиз, (олар) намазды кәмил оқыўы ушын (усындай қылдым). Енди Өзиң адамлардың кеўиллерин оларға талпынатуғын қыл ҳәм (бәрше) мийўелерден оларды ырысқыландыр. Қәнекей, (сонда) шүкир қылса.

38. Я Рәббимиз! Бизлер жасырған нәрсени де, ашықтан-ашық қылған нәрсени де Өзиң билесең. Аллаҳ ушын аспанда да, Жерде де жасырын ҳеш нәрсе жоқ.

39. Қартайғанымда маған Исмайыл ҳәм Исҳақты берген Аллаҳға шүкир. Әлбетте, Рәббим – дуўаны еситиўши.

40. Я Рәббим! Мени ҳәм зүрядымды (көп перзентлеримди) намазды кәмил оқыйтуғын қыл![13] Я Рәббим! Дуўамды қабыл ет!

41. Я Рәббимиз! Есап-санақ қылынатуғын (қыямет) Күни мени, ата-анамды ҳәм (бәрше) мөминлерди (гүналарын) кешир!»

42. (Ҳәй Муҳаммад!) Сен ҳеш ўақытта, Аллаҳ залымлардың қылып атырған исине ғапыл, деп ойлама! (Аллаҳ) оларды (жазалаўды) тек көзлер (қорқыўдан) қатып қалатуғын Күнге (қыяметке) қалдырып атыр.

43. Олар (сол Күни) басларын (аспанға) көтерип, (шақырған тәрепке) жуўырады. Көзлери (қатып қалып,) өзлерине қайтпайды. Ал, кеўиллери (қорқыўдан) босап қалады[14].

44. (Ҳәй Муҳаммад!) Сен адамларды оларға азап келетуғын Күннен (қыяметтен) ескерт! Сонда зулым қылғанлар: «Я Рәббимиз! Бизлерге азырақ мәўлет бер, Сениң шақырығыңды қабыл етемиз ҳәм Пайғамбарларға еремиз», – дейди. (Оларға былай жуўап бериледи): «Буннан алдын (дүнья өмиринде) сизлер өзлериңизге жоқ болып кетпеўиңиз (өлмеўиңиз) ҳаққында ант ишпеген бе едиңиз?!

45. Сизлер өзлерине зулым қылғанлардың мәканларына (өлгенлеринен кейин) жайластыңыз. Оларды не қылғанымыз сизлерге анық болған еди. Биз сизлерге мысаллар да келтирген едик.

46. Ҳақыйқатында да, олар (мушриклер) ҳийле қылды. (Бирақ,) олардың ҳийлеси себепли таўлар жемирилип кететуғын болса да, олардың (бул) ҳийлеси Аллаҳтың алдында (есапқа алынған).

47. (Ҳәй Муҳаммад!) Аллаҳты Өзиниң Пайғамбарларына берген ўәдесине терис ис қылыўшы деп ойлама! Әлбетте, Аллаҳ – Қүдиретли, өш алыўшы.

48. Бул Жер басқа Жерге ҳәм аспанлар да (басқа аспан­ларға) алмастырылатуғын[15] ҳәм олар (ҳәмме адамлар) жалғыз, үстем болған Аллаҳтың алдында көринетуғын Күнде (қыяметте Аллаҳ өш алады).

49. (Ҳәй Муҳаммад!) Сол Күни жынаятшыларды кисенлер менен байланған ҳалында көресиз.

50. Олардың кийимлери қара майдан болып, бетлерин жалын қаплайды.

51. Аллаҳ ҳәр бир жанға олардың қылған исине жараса жаза бериўи ушын (усындай қылады). Әлбетте, Аллаҳ – тез есап-санақ қылыўшы.

52. Бул (аятлар) адамлар ушын ҳәм олардың оның менен ескертилиўи ушын, (Аллаҳ) жалғыз илаҳ екенин билиўи ҳәм ақыл ийелери еслетпе алыўы ушын бир баян.



[1] 14. ИБРАҲИМ СҮРЕСИ

Ибраҳим – пайғамбардың аты.

Ибраҳимниң (а.с.) Қуддус қаласынан Мәккәға келиўи, ол жерде қылған дуўалары ҳаққында аятлар болғаны ушын сүреге усы атама берилген. Онда тийкарынан – таўҳид, исеним, қыямет, жәннет, дозақ, есап-санақ, пайғамбарлардың жиберилиўинен гөзленген мақсет ҳәм басқа мағлыўматлар бар.

[2] 4-аят. Муҳаммадты (а.с.) араб миллетинен ҳәмде араб тилинде сөйлейтуғын пайғамбар қылып жибергенинен басқа миллетке тийисли адамлар оған үммет болыўдан шығып қалмайды. Себеби, басқа аятлардан пүткил инсаниятқа жиберилген пайғамбар екени бәршеге мәлим. Буннан тысқары Қуран ҳәм ҳәдислерде баян етилген мағлыўматларды араб тилинен басқа тиллерге аўдарыў мүмкин екенлиги нәзерде тутылған (Мд. Хз.).

[3] 5-аят. Муўсаға (а.с.) тоғыз түрли мөжиза берилген: жақтылық таратыўшы қол, мөжизалы ҳаса, суў тасқыны, шегиртке, бийт-бүрге, бақалар, қан-қәҳәтшилик, мийўелерге жеткен апатлар (Абс.).

[4] * «Қараңғылықлар» сөзиниң көплик санда келиўи күпир, ширк, адасыў, жаўызлық ҳәм басқа көп унамсыз сыпатларды билдиреди. «Нур» сөзи бирлик санда келген. Себеби бул жерде ийман нәзерде тутылып, оның жолы биреў. Ол да болса, шын исеним (Хз.).

[5] 7-аят. Бул аятта шүкир қылыў ҳәм нашүкирлик ақыбетлери Исрайыл әўладына қарата айтылған болса да, бирақ оның ҳүкими улыўма болып, қыяметке шекем келетуғын барлық инсанларға тийисли есапланады. Шүкир қылыў өз-өзинен болмайды, ал өзиндеги материаллық ҳәм мәнаўий неъматлар ҳаққында көп пикирлеў, олар берилген жағдайда қандай ҳалатта болыўды көз алдыға келтириў, өзинен жарлырақ, қыйынырақ аўҳалдағы адамларды ядқа алыў инсанды өзиндеги неъматлар ушын Аллаҳға шүкир қылыўға шақырады. Бул иси инам етиўшиге де мақул болады. Нәтийжеде неъматтың және де зыяда болыўына себеп болады. Керисинше, нашүкирлик, жаманлық киби ҳалатлар инам етиўшиде жек көриўшилик ҳәм ғәзеп пайда болыўына алып келеди. Нәтийжеде берген неъматларын қайтарып алыў яки басқа апат яки мүсийбетлерге дуўшар қылыў жолы менен жазалаўы керек болып қалады (Хз.).

Нашүкирлик инсанлар ортасындағы мүнәсибетлерде де өзиниң унамсыз нәтийжелерин береди. Жақсылықты қәдирлеп, мүмкиншилиги болса, қайтарыў жоқары мәртебели ис есапланады.

[6] 11-аят. Аллаҳға тәўекел қылыў дегенде, ийманлы адамлардың басына түскен мүсийбет, бәле-апат ҳәм сынаўлар Аллаҳтың илими ҳәм тәғдири менен болып атырғанына исенген ҳалда, олардан қутылыўға өзиниң бар имканияты менен гүресип, имканияты жетпегенде Аллаҳтың қәлеўи деп, Оннан жәрдем сорап турыў ҳәм соның менен өзин ҳәр түрли нәрселерди ойлаўдан тыйып, арқайын болыў, деп түсиниў керек.

[7] 14-аят. Қыямет күни барлық инсанлар Аллаҳтың алдында есап бериў ушын жәм болып турыўы жүдә қорқынышлы өтеди. Олар сол жерде үш жүз жыл тик турып, отырыўға, дем алыўға руқсат берилмейди екен. Мөминлерге бул турыс, мисли, намазларда тик турыў мәлел келмегени сыяқлы аңсат қылып қойылады екен. Бирақ, кәпирлерге бул узақ мүддет тик турыў аўырлық қылғанлықтан терлеп, ағып түскен терлериниң көплигинен ол көлге айланып, онда жүзип жүреди екен. Мөминлерге есап-санақ нәтийжесин күтип отырыўы ушын астыларына гүрси қойылып, үстилерине бултлар сая түсирип турады екен. Соның ушын оларға бул узақ мүддет бир күнниң айырым саатларына тең өткендей болып туйылады екен (Лс.).

[8] 21-аят. Демек, қыямет күни Аллаҳ таала бир-бирин туўры жолдан шалғытып, адастырғанларға өз ара тартысып алыўына имканият жаратып береди екен. Сонда өзиниң изине ерткен, үлкен ўәделерди берген «жол басшылар»дың айтқанлары да, олардың сөзине ерип, адасыўда өткенлердиң үзири де Аллаҳтың алдында қабыл етилмейди екен. Ҳәттеки, шайтан да өзин ақлап, ҳәмме айыпты инсанның өзине аўдарып қояды екен.

[9] 24-аят. Ийман кәлиймасы – «Ләә иләҳә иллаллоҳ». «Жақсы терек» – қурма тереги. Терек дегени – ийман. Ийманның негизи, яғный тамыры кеўилдеги тастыйықлаў. Ал, шақасы тилдеги ықрар, деп түсиник берилген. Ийманның мийўеси – әмел. Мийўеси болмаса да терек саналғанындай, мөмин адамның әмели болмаса да шәрият бойынша мөминлик аты турады, кәпир саналмайды. Бирақ, терек әдетте мийўе алыў ушын егиледи. Ал, мийўесиз терек отын болыўға ылайық.

[10] 26-аят. Анас (рз.) айтады: «Расул (а.с.) бир күни бир ыдыста қурма мийўесин алып келип бизлерге, тамыры жерде беккем, шақасы аспанда, Пәрўардигар руқсаты менен мудамы мийўе беретуғын терек, мине, усы қурманың тереги есапланады. Ал, жерде турақламай, тамыры үзилген терек Әбиў Жаҳлдиң ғарбызы (ийттүйнек) есапланады, – деди» (Тр. Хз.).

[11] 27-аят. Мөминлерди ийман кәлиймасы менен беккем қылыўы мына ҳәдисте де айтылған: «Бенде қәбирге қойылып, адамлар қайтқанда мәйит олардың аяқ даўысларын еситип жатады. Соннан соң еки периште кирип, Муҳаммад (а.с.) туўралы не дейсең, деп сорайды. Егер мәйит мөмин болса, Ол Аллаҳтың бендеси ҳәм расули, деп гүўалық береди. Сонда периштелер дозақтағы орнын көрсетип, оны Аллаҳ жәннеттеги бир орынға алмастырып қойғанын айтады. Ол ҳәр еки орынды да көреди. Бирақ, кәпир Муҳаммад (а.с.) туўралы надурыс ҳәм жалған исенимде болғанын айтқаннан кейин, оған қатты азап бериледи. Қәбир азабы себепли қылған наласын инсан ҳәм жиннен басқа барлық жанзат еситеди» (Бх. Мс.).

Усы аят ҳәм ҳәдис қәбир азабының ҳақлығына дәлил есапланады.

[12] 37-аят. Ибраҳимниң (а.с.) үлкен ҳаялы Сара туўмағаннан кейин, оның шорысы Ҳажарға үйленеди. Ол ҳәмиледар болып, Сара қызғана бергеннен соң, бир рәўиятта Ҳажар туўыўдан алдын, басқа рәўиятта Исмайылды туўғаннан кейин Ибраҳим (а.с.) ана-баланы Мәккә ойпатлығына апарып қояды. Демек, Исмайыл (а.с.) Қуддус яки Мәккәда туўылған болады. Ҳәр еки рәўият та аятқа туўры келе береди. Ҳажар менен жас Исмайылға биринши нәўбетте суў керек еди. Ҳақ таала өз қүдирети менен жазирама ойпатлықтан Зам-зам булағын ағызып қояды. Соннан кейин Сара да ул туўады. Атын Исҳақ қояды.

[13] 40-аят. Ибн Аббас (рз.) айтады: «Қыяметке шекем Ибраҳим (а.с.) зүрядынан мусылман әўлад туўылып турады». Аяттан барлық зүряды емес, белгили бөлими исламда, қалған бөлими күпирде болыўын ўаҳий арқалы билгени мәлим болады (Мд.).

[14] 43-аят. Қыямет тәсиринен жүреклеринде қуўат ҳәм мәртликтен нышан да қалмайды.

[15] 48-аят. Қыямет күни бул дүньяда көрип, жасап жүрген жеримиз, көрип жүрген аспанымыз да жаңаланады екен. Бирақ, өзи ме яки сыпаты өзгере ме, бул ҳаққында түрли тәфсирлер бар. Мәселен, Ибн Аббас (рз.) Жер ҳәм аспанлардың өзи емес, сыпатлары өзгереди. Мәселен, Жердеги таўлар кетип, суўлар қурып, тегис ҳалатқа айланады. Аспаннан қуяш, ай, жулдызлар алып тасланып, есиклер ашылады, десе, Ибн Масъуд (рз.), Жер гүмистен, аспанлар алтыннан қайта жасалады, дейди. Убай ибн Каъб (рз.), Жер дозаққа, аспанлар жәннетке айландырылады, дейди. Жер пүтин нанға айланады ҳәм оннан жәннет әҳли жеп турады, деген рәўият та бар (Хз. Мд.).