Қураны кәрийм аўдармасы

Тоҳа

Меҳрибан ҳәм Рейимли Аллаҳтың аты менен (баслайман).

1. То ҳа.

2. (Ҳәй Муҳаммад!) Саған бул Қуранды (дин исинде) машақат шегиўиң ушын нәзил еткенимиз жоқ.

3. Ал, (Аллаҳтан) қорқатуғынларға еслетпе болыўы ушын (нәзил еттик).

4. (Ол) аспанлар ҳәм Жерди жаратқан (Аллаҳ) тәрепинен нәзил етилген.

5. (Ол) Арштың үстинде «мустаўий» болған Роҳман.

6. Аспанлардағы нәрселер де, Жердеги нәрселер де, олардың арасындағы нәрселер де, Жердиң астындағы нәрселер де Оныки.

7. Егер (сен) ашықтан-ашық (ямаса жасырын) сөйлесең де, әлбетте, Ол сырды да, ең қупыя нәрселерди де биледи.

8. Аллаҳ – Оннан басқа илаҳ жоқ. Оның «шырайлы исимлери» бар.

9. (Ҳәй Муҳаммад!) Саған Муўса (ҳаққындағы) хабары келди ме?

10. Еслең, ол (узақтан) жалынды көргенде, шаңарағына: «(Усы жерде) турып турың! Мен бир жалын көрдим, қәнекей, сизлерге оннан бир шоқ алып келсем яки жалын (әтирапын)да жол көрсетиўши тапсам», – деди[2].

11. Кейин, оған (жалынның қасына) барғанда, былай деп нида қылынды: «Ҳәй Муўса!

12. Әлбетте, Мен – сениң Рәббиңмен. Аяқ кийимиңди шеш. Себеби, сен муқаддес «Туўа» ойпатлығындасаң.

13. Мен сени (пайғамбарлыққа) таңладым. Солай екен, (саған) ўаҳий қылынған нәрсени есит!

14. Әлбетте, Мен – Аллаҳпан! Меннен басқа илаҳ жоқ! Сонлықтан, Маған ибадат қыл ҳәм Мени еслегениңде, намазды кәмил оқы![3]

15. Әлбетте, қыямет – келиўши. (Бирақ,) ҳәр бир жан ислеген ҳәрекетине қарай жаза алыўы ушын оны (қашан болыўын) жасырыўды қәлеймен.

16. Енди оған (қыяметке) исенбейтуғын ҳәм ҳаўайы нәпсине ерген (адам) сени оннан[4] ирикпесин. (Егер ириксе,) қыйрап қаласаң.

17. Анаў – қолыңдағы нәрсе не, ҳәй Муўса?!»

18. (Муўса): «Ол ҳасам, оған сүйенемен, оның менен қойларыма (жапырақ) қағып беремен. Және онда мен ушын басқа итияжлар бар», – деди.

19. (Аллаҳ): «Ҳәй Муўса, оны (жерге) тасла!» – деди.

20. Кейин, (Муўса) оны таслаған еди, ол бирден қыймылдап турған (жанлы) жыланға айланды.

21. (Аллаҳ) айтты: «Оны ал, қорықпа! Биз оны алдынғы ҳалына қайтарамыз.

22. Қолыңды қолтығыңа тық, (ол ҳеш қандай) жаманлықсыз[5] аппақ болып шығады. (Бул – және бир) басқа мөжиза.

23. Биз саған үлкен мөжизаларымызды көрсетиў ушын (усылай еттик).

24. (Енди) сен Фиръаўнға бар! Ҳақыйқатында да, ол ҳәддинен асты («Қудайлыққа» даўагерлик қылды)».

25. (Муўса) айтты: «Я Рәббим, (бул ислерди қылыўда) мениң кеўлимди кең қыл,

26. исимди жеңил қыл,

27. тилимдеги түйинди (тутлықпаны) шеш

28. ҳәм (қәўимим) сөзимди (жақсы) аңласын.

29. Маған өзимниң әҳлимнен (туўысқанларымнан) ўәзир қылып бер –

30. Әжағам Ҳарунды!

31. Оның менен белимди қуўатлы қыл,

32. оны (пайғамбарлық) исимде шерик қыл,

33. Саған көбирек тасбиҳ айтыўымыз ушын

34. ҳәм Сени көп зикир қылыўымыз ушын.

35. Әлбетте, Сен бизлерди көрип турыўшысаң».

36. (Аллаҳ) айтты: «Саған сораған нәрсең берилди, ҳәй Муўса!

37. Ҳақыйқатында да, Биз саған (нәресте ўақтыңда) бир мәрте инам берген едик.

38. Сол ўақытта анаңа былай ўаҳий (илҳам) қылған едик:

39. «Оны (Муўсаны) сандыққа салып, дәрьяға тасла. Дәрья оны жағаға атсын! (Сонда) оны Мениң душпаным ҳәм оның душпаны (Фиръаўн, яғный шорылары) тутып алады». Сен Мениң көз алдымда (қорғаўымда) өсиўиң ушын саған Өзим тәрептен болған муҳаббатты (сүйкимлиликти) тасладым*[6].

40. Сол ўақытта әжапаң (сени дәрьядан тутып алғанлар изинен) жүрип: «Сизлерди оны кепилликке алатуғын (емизетуғын) адамға апарайын ба?» – деди. Сонда, Биз көзи қуўаныўы ҳәм қапа болмаўы ушын сени анаңа қайтардық. (Жигит ўақтыңда) сен бир жанды өлтирип қойғаныңда да, Биз сени (бул) ғамнан қутқардық. Кейин Биз сени көп сынаўлар менен сынап көрдик. Соң Мадянда да (бир неше) жыллар турдың ҳәм (пайғамбарлық ушын белгилеп қойылған) мүддет бойынша[7] (бул жерге) келдиң, ҳәй Муўса!

41. Мен сени Өзиме (пайғамбарлық ушын) таңладым.

42. (Ҳәй Муўса!) Сен өзиң ҳәм әжағаң (Ҳарун) Мениң аятларымды (адамларға) алып барың ҳәм Мени зикир қылыўда ериншеклик қылмаң!

43. Екеўиңиз Фиръаўнға барың! Себеби, ол («Мен – қудайман», деп) ҳәддинен асты.

44. Кейин, оған жумсақ сөз айтың! Қәнекей, ол еслетпе алса ямаса (қыйратыўымнан) қорықса».

45. Екеўи: «Я Рәббимиз! Бизлер (үгит-нәсият қылсақ,) оның бизлерге жаманлық қылыўынан ямаса (бетер) ҳәддинен асыўынан қорқамыз», – деди.

46. (Аллаҳ) айтты: «Қорықпаң! Әлбетте, Мен сизлер менен биргемен – еситемен ҳәм көремен.

47. Енди екеўиңиз оның алдына барың ҳәм былай дең: «Бизлер Рәббиңниң пайғамбарларымыз, Исрайыл әўладын бизлер менен бирге қойып жибер. Оларды азаплама. Ҳақыйқатында да, бизлер саған Рәббиңнен мөжиза келтирдик. Ҳидаятқа ергенлерге аманлық болады.

48. Бизлерге: «(Аллаҳтың пайғамбарларын) жалғанға шығарғанларға ҳәм (ийман келтириўден) бет бурған кимселерге, азап болады», – деп ўаҳий қылынды.

49. (Фиръаўнға келип, Аллаҳтың сөзлерин айтқанда) ол: «Екеўиңиздиң Рәббиңиз ким, ҳәй Муўса?» – деди.

50. (Муўса): «Бизлердиң Рәббимиз ҳәмме нәрсеге Өзиниң жаратыўшылығын берип (көрсетип), соң ҳидаят қылған», – деди.

51. (Фиръаўн): «Онда алдынғы әўладларға не болды (Рәббиң оларды да азаплаған ба)?» – деди.

52. (Муўса): «Олар ҳаққындағы мағлыўмат Рәббимниң алдындағы Китапта (Лаўҳул-маҳфузда). Рәббим адаспайды да, умытпайды да», – деди.

53. «Ол сизлерге Жерди бесик (мәнзил) қылды, ол жерде сизлерге жоллар пайда етти ҳәм аспаннан суў (жаўын-шашын) түсирди». Кейин, оның (суў) менен ҳәр қыйлы өсимлик жупларын (түрлерин) шығардық.

54. Сизлер (олардан) жең ҳәм шарўаларыңызды бағың! Әлбетте, бунда ақыл ийелери ушын белгилер бар.

55. Биз сизлерди оннан (жерден) жараттық, оған қайтарамыз ҳәм (қыямет күни) сизлерди және бир мәрте оннан шығарамыз.

56. Ҳақыйқатында да, Биз оған (Фиръаўнға) ҳәмме (тоғыз) мөжизаларымызды көрсеттик. Кейин, ол (оларды) жалғанға шығарды ҳәм бас тартты.

57. (Фиръаўн) айтты: «Сен бизлерди сыйқырың менен жеримизден шығарыў ушын келдиң бе, ҳәй Муўса?

58. Ондай болатуғын болса, бизлер де сондай сыйқыр келтиремиз, бизлер менен сениң араңда орынды белгиле, оған бизлер де, сен де қарсы болмайық, орталық жер болсын».

59. (Муўса): «Ўәде ўақтыңыз – зийнет (байрам) күни. Адамлар сәскеде топланады», – деди[8].

60. Кейин, Фиръаўн қайтып кетти, соң өзиниң ҳийлесин (сыйқыршыларын ўәделескен жерге) жыйнап келди[9].

61. Оларға Муўса: «Сизлерге ўайл болсын! Аллаҳға өтирикти тоқымаң (мөжизаны сыйқыр деп айтпаң, егер айтсаңыз), онда сизлерди (Аллаҳ) азап пенен қыйратады! Ҳақыйқатында да, ким өтирик тоқыса, (анық) үмитсиз болады», – деди.

62. Кейин, олар (қылатуғын) ислерин өз ара тартысып, сыбырласа баслады[10].

63. (Соң) олар (бир-бирине) айтты: «Әлбетте, бул екеўи (Муўса ҳәм Ҳарун) – сыйқыршы. Сизлерди өзлериниң сыйқыры менен жериңизден шығарыўды ҳәм сизлердиң жоқары жолыңызды (диниңизди) жоқ қылыўды қәлейди.

64. Енди ҳийлеңизди топлап, бир қатар болып келиң! Бүгин үстин болғанлар утысқа ериседи».

65. Олар (мәсләҳәт қылған соң): «Ҳәй Муўса! Сен (қолыңдағы ҳасаңды) таслайсаң ба ямаса бизлер алдын таслаўшы болайық па?» – деди.

66. (Муўса сыйқыршыларға): «Яқ, сизлер таслаң!» – деди. (Сыйқыршылар қолларындағы ҳаса ҳәм арқанларын таслағанда) бирден олардың арқанлары ҳәм ҳасалары – олардың сыйқырынан – ҳәрекетленгендей болып сезилди[11].

67. Сонда, Муўса ишинен бир қорқыныш сезди.

68. Биз айттық: «Қорықпа! Әлбетте, сен өзиң (олардан) жоқарысаң (жеңиўшисең).

69. Қолыңдағы нәрсени (ҳасаңды) тасла, олардың қылған нәрселерин жутып жиберсин! Олардың қылғаны – тек бир сыйқыршының ҳийлеси. Ал, сыйқыршы қай жерде болса да, утысқа ерисе алмайды».

70. (Муўса ҳасасын таслағанда, әйдарҳаға айланып, олардың ислеген нәрселерин жутып жиберди.) Сонда, сыйқыршылар сәжде қылған ҳалларында: «Ҳарун ҳәм Муўсаның Рәббисине ийман келтирдик», – деди.

71. (Фиръаўн): «Мен сизлерге руқсат бермей турып, оған ийман келтирдиңиз бе?! Әлбетте, ол сизлерге сыйқырды үйреткен үлкениңиз! Енди, әлбетте, қол-аяғыңызды қарама-қарысысына (оң қол, шеп аяқ ямаса керисинше) кесемен, қурманың шақасына асаман, (сонда) қайсы биримиздиң (мениң яки Муўсаның қудайының) азабы қаттырақ ҳәм турақлырақ екенин билип аласыз», – деди.

72. (Сыйқыршылар) айтты: «Бизлер өзимизге келген ҳүжжетлерди ҳәм бизлерди жаратқанды (Аллаҳты) қойып, сирә сени таңламаймыз. Енди қылатуғын ҳүкимиңди қылабер! Сен тек ғана дүнья өмиринде ғана ҳүким шығарасаң.

73. Әлбетте, бизлер Рәббимиз қәтемизди ҳәм сен бизлерди мәжбүр қылған сыйқырды(ң гүнасын) кешириўи ушын ийман келтирдик. Аллаҳ(тың саўабы) жақсы ҳәм (азабы) мәңги».

74. Ҳақыйқатында да, ким (ақыретте) Рәббисине жынаятшы (кәпир) болған ҳалында барса, әлбетте, оған жәҳәннем бар. Ол жерде ол өлмейди де, жасамайды да.

75. Сондай-ақ, ким Оған (Аллаҳға) жақсы әмеллерди қылып, мөмин ҳалында барса, онда әне солар ушын жоқары дәрежелер,

76. астынан дәрьялар ағып турған, ол жерде мәңги қалынатуғын жәннетлери бар. Бул – (ширк ҳәм күпирден) пәк болғанлардың сыйлығы!

77. Ҳақыйқатында да, Биз Муўсаға: «Сен бенделеримди (Исрайыл әўладын Мысырдан) алып түнде жолға шық, оларға теңизден қурғақ жол аш, олардың (изиңнен) жетип алыўынан қәўипсинбе ҳәм (шөгип кетиўден де) қорықпа!» – деп ўаҳий қылдық.

78. Кейин, Фиръаўн өз әскерлери менен олардың артынан қуўған еди, оларды теңиз орағанынша орап алды (шөктирди)[12].

79. Фиръаўн өз қәўимин адастырды, туўры жолға басламады.

80. (Аллаҳ айтты): «Ҳәй Исрайыл әўлады! Биз сизлерди душпаныңыздан қутқардық, сизлер менен (Муўсаға Таўратты нәзил етиў ушын) Туўрдың (таўының) оң тәрепин ўәделестик ҳәм де сизлерге «манн» (шийринлик) ҳәм «бөдене»ни түсирдик.

81. Биз сизлерге ырысқы етип берген пәк нәрселерден жең, ол нәрселерде (нашүкирлик етип) ҳәддиңизден аспаң! Кери жағдайда сизлерге Мениң ғәзебим жетеди. Кимге Мениң ғәзебим жетсе, онда ол ҳақыйқатында да жығылады (набыт болады).

82. Әлбетте, Мен тәўбе қылған, ийман келтирип, ийгиликли ис қылған, соң туўры жүргенлерди кешириўшимен».

83. Ҳәй Муўса, қәўимиңнен алдыға кетиўиңе не себеп болды?

84. (Муўса): «Олар – әне, изимде. Ал, мен разы болыўың ушын Саған асықтым, Я Рәббим!» – деди.

85. (Аллаҳ): «Ҳақыйқатында да, Биз қәўимиңди сеннен (Мениң алдыма кеткениңнен) кейин сынадық. Самирий[13] оларды адастырды», – деди.

86. Сонда, Муўса қәўимине ғәзепленген, өкинишли ҳалда қайтып: «Ҳәй қәўимим! Рәббиңиз сизлерге (Таўрат нәзил етиўи ҳаққында ) шырайлы ўәде қылмаған ба еди?! Сизлерге (өткен) ўақыт узақ көринди ме яки үстиңизге Рәббиңизден азап түсиўин қәлеп, маған берген ўәдеңизди буздыңыз ба?!» – деди.

87. Олар: «Бизлер саған берген ўәдени өзимиздиң ықтыярымыз бенен бузғанымыз жоқ. Бирақ, бизлерге (Мысырдан шыққанымызда), қәўимниң зеб-зийнетинен ибарат жүклер артылған еди. Сонда, бизлер оны (Самирийдиң буйрығы менен отқа) тасладық, Самирий де усылайынша (нәрселерди отқа) таслады», – деди.

88. Кейин, (Самирий оларды отта еритип) оларға даўыс шығаратуғын бузаўдың көринисин (ҳәйкелин соғып) шығарып берди[14]. Олар (Самирий оның шериклери): «Сизлердиң де, Муўсаның да илаҳы усы, (Муўса оны) умытқан (ҳәм излеп басқа жерге кетти)», – деди.

89. Оның (бузаў көринисиндеги ҳәйкелдиң) оларға сөз қайтара алмай атырғанын, оларға зыян да, пайда да бере алмай атырғанын олар көрмей ме?!

90. Ҳақыйқатында да, оларға Ҳарун (бузаўға сыйыныўдан) алдын: «Ҳәй қәўимим! Сизлер буның менен сыналдыңыз. Шубҳасыз, сизлердиң Рәббиңиз – Роҳман. Солай екен, маған ериң ҳәм буйрығыма бойсының!» – деген еди.

91. Олар: «Муўса бизлерге қайтаман дегенше, оған (бузаўға) ибадат қылыўда даўамлы боламыз», – деди.

92. (Муўса қайтып келгенде) айтты: «Ҳәй Ҳарун! Олардың адасқанын көргениңде (оларды тоқтатыўға) саған не тосқынлық қылды?!

93. Неге маған ермедиң (изимнен бармадың)?! Мениң буйрығыма бойсынбадың ба?!»

94. (Ҳарун): «Ҳәй анамның баласы! Сен мениң сақалымнан да, шашымнан да услама! Мен сениң (изиңнен барсам): «Сөзимди күтпей, Исрайыл әўладын бөлип жиберипсең», деп айтыўыңнан қорықтым», – деди.

95. (Соң Муўса Самирийге қарап): «Бул не қылғаның, ҳәй Самирий?!» – деди.

96. (Самирий): «Мен олар көрмеген нәрсени көрдим[15]. Кейин, Расул (Жәбрайыл)дың изинен бир қысым топырақ алдым, соң оны (бузаўдың ҳәйкелине) таслаған едим (оннан тири бузаўдың даўысына усаған даўыс шықты). Нәпсим маған усындай қылыўды шырайлы көрсетти», – деди.

97. (Муўса): «Онда, кет! Енди саған бул өмирде «(Маған) тийме!» деп айтыўың ғана қалды[16]. (Ал, ақыретте) саған сирә өзгермейтуғын ўәде (азап) бар. Өзиң даўамлы ибадат қылған «илаҳ»ыңа (оның ҳалына) қара! Бизлер оны, әлбетте, күйдиремиз, соң (күлин) теңизге шашып жиберемиз.

98. Әлбетте, сизлердиң илаҳыңыз – Оннан басқа илаҳ жоқ болған Аллаҳ. Ол ҳәмме нәрсени Өзиниң илими менен қамтып алған.

99. (Ҳәй Муҳаммад!) Биз саған өткенлердиң (әўладлардың) хабарларын усылай қысса қылып беремиз. Ҳақыйқатында да, саған Өзимиздиң дәргайымыздан зикирди (Қуранды) келтирдик.

100. Ким оннан жүз бурса, әлбетте, ол қыямет күни жүкти (гүнаны) көтереди.

101. (Олар) ол жерде (сол жүк астында) мәңги қалады. Қыямет күнинде жүк олар ушын қандай жаман!

102. (Ол Күн –) суўр[17] шалынатуғын Күн. Сол күни жынаятшыларды (көзлери) көк (нурсыз) болған ҳалда топлаймыз.

103. Олар өз ара бир-бирине: «(Дүньяда) он күн ғана турдыңыз», – деп сыбырласады.

104. Биз олардың не дейтуғынын жақсы билемиз. Сол ўақытта олардың жол-жоба бериўшиси (данасы): «Бир күн ғана турдыңыз», – дейди.

105. (Ҳәй Муҳаммад!) Олар сеннен таўлар (қыяметте қандай болыўы) ҳаққында сорайды. Сен: «Рәббим оларды (шаң-тозаң киби) улыўма жоқ қылып жибереди», – деп айт.

106. Соң оны (Жерди) теп-тегис қылып таслайды.

107. Ол жерде шуқырлықты да (пәсликти те), бәлентликти де көрмейсең.

108. Ол Күни (адамлар мәҳшарға) шақырыўшыға (периштеге сөзсиз) ереди[18]. Оннан аўып кете алмайды. Даўыслар да Роҳманға бойсынады. Солай екен, сыбырласыўдан басқаны еситпейсең.

109. Ол Күни шәпәәт (ақлаў) Роҳман руқсат берген ҳәм сөзинен Ол разы болған адамнан басқаға пайда бермейди.

110. (Аллаҳ) олардан (адамлардан) алдынғы (болған)ларын да, кейингилерин де (болатуғынларын да) биледи. (Ал, адамлар) Оны илим менен қамтып ала алмайды (аңлай алмайды).

111. Ҳәмме жүзлер (инсанлар) ҳәмийше Тири ҳәм мәңги турыўшыға бойсынды. Ҳақыйқатында да, ким зулымды (ширкти) көтерген болса, (ақыретте қутылыўдан) үмитсиз болды.

112. Ким мөмин ҳалында ийгиликли ислерди қылса, онда ол зулымнан да (қылмаған гүналарына жуўап бериўден де), нуқсаннан (саўабы толық берилмей қалыўдан) да қорықпайды.

113. Усылай, Биз оны арабша Қуран қылып түсирдик ҳәм онда қорқынышлы ўәделерди баян еттик. Қәнекей, (ширк ҳәм күпирден) сақланса яки (бул ўәделер) оларда еслетпе пайда қылса.

114. Ҳақыйқый Патша болған Аллаҳ – Жоқары. (Ҳәй Муҳаммад!) Саған ўаҳий таўсылмай турып Қуран (тиләўат қылыў)ға асықпа ҳәм сен: «Я Рәббим! Маған илимимди зыяда қыл!» – деп айт[19].

115. Ҳақыйқатында да, алдын Биз Адам менен (жәннеттеги бир терекке[20] жақынласпаўы ҳаққында) келисим алған едик. Ол (келисимди) умытты. Биз онда (Адамда айтқан сөзинде) турақлылықты таппадық.

116. Еслең! Биз периштелерге: «Адамға сәжде қылың!» – дегенимизде, олар сәжде қылды. Тек иблис бас тартты.

117. Сонда, Биз айттық: «Ҳәй Адам, әлбетте, бул (иблис) – саған ҳәм ҳаялыңа душпан. Ол сизлерди жәннеттен шығармасын, (егер шығарса) онда бахытсыз болып қаласаң.

118. Әлбетте, сен ол жерде (жәннетте) аш-жалаңаш қалмайсаң.

119. Сондай-ақ, сен ол жерде шөллемейсең, ыссыда да қалмайсаң».

120. Кейин, шайтан оны ўасўаса қылып: «Ҳәй Адам, мен саған мәңгилик терегин ҳәм ширимейтуғын (жоқ болмайтуғын) мүликти көрсетейин бе?» – деди.

121. Кейин, екеўи (Адам менен Ҳаўўа) оннан жеди. Сонда, әўретлери өзлерине ашылып қалды, олар өзлерин жәннет жапырақлары менен тосты. Адам Рәббисине бойсынбай, адасты.

122. Соң, Рәббиси оны таңлап алды, кейин, оның тәўбесин қабыл етип, ҳидаятқа баслады.

123. (Аллаҳ) айтты: «Оннан (жәннеттен) екеўиңиз де түсиң. Сизлер бир-бириңизге – душпансыз[21]. Мен тәрепимнен ҳидаят келгенде, ким ҳидаятыма ерсе, онда ол адаспайды, бахытсыз да болмайды.

124. Ким Мениң зикиримнен жүз бурса (кәпир болса), онда, әлбетте, оған тар (бахытсыз) турмыс (қәбир азабы) болады ҳәм қыямет күни оны соқыр ҳалда тирилтемиз».

125. Ол: «Я Рәббим! Не ушын мени соқыр ҳалда тирилттиң. Мен (дүньяда жасаған ўақтымда) көретуғын едим ғой!» – дейди.

126. (Аллаҳ): «Сондай. (Бирақ,) саған аятларымыз келгенде, сен оларды умыттың? Бүгин тап сондай «умытыласаң» сен де», – дейди.

127. Ысырап қылған ҳәм Рәббисиниң аятларына ийман келтирмегенлерди усылайынша жазалаймыз. Ал, ақырет азабы, әлбетте, (буннан да) қатты ҳәм мәңги.

128. Олардан алдын олардың мәканларында (жасап) жүрген қаншалап әўладларды (күпирликлери себепли) қыйратқанымыз оларды туўры жолға салмады ма?! Әлбетте, бунда ақыл ийелери ушын белгилер бар.

129. Егер Рәббиң (тәрепи)нен (сыйлық ҳәм жазалар ақыретте болыўы ҳаққында) сөз[22] өтпегенде ҳәм белгиленген мүддет (қыямет) болмағанда, әлбетте, (оларға дәрриў азап берилиўи) лазым болар еди.

130. Енди (ҳәй Муҳаммад!) олардың айтып атырғанларына сабыр ет! Рәббиңе Қуяш шығыўынан алдын ҳәм батыўынан алдын ҳамд пенен (Оған) тасбиҳ айт (намаз оқы)! Және түн(ниң басы ҳәм ақырғы) ўақытлары ҳәм күндиз(диң басы ҳәм ақырғы) тәрепинде тасбиҳ айт (намаз оқы)! Қәнекей, разылыққа ериссең[23].

131. Сен (кәпирлерди) сынаў ушын айырымларына пайдаландырып бергенимиз дүнья өмириниң түрли зийнетлерине көзиңди телмиртпе![24] Рәббиңниң ырысқысы – жақсы ҳәм мәңги.

132. Шаңарағыңды намаз (оқыў)ға буйыр ҳәм (өзиң де) буған (намазға) сабырлы бол! Биз сеннен ырысқы сорамаймыз. (Керисинше,) Биз саған ырысқы беремиз. Ақыбет (жақсылығы) – тақўалыларға.

133. (Мушриклер: «Муҳаммад) бизлерге Рәббисинен бир мөжиза келтирсе еди», – дейди. Оларға алдынғы саҳифалардағы (илаҳий Китапларда хош хабар берилген) ҳүжжет (Қуран) келмеди ме?!

134. Егер Биз оларды оннан (Муҳаммад ямаса Қураннан) алдын бир азап пенен қыйратқанымызда, әлбетте, олар: «Рәббимиз, бизлерге пайғамбар жибергениңде еди, хор ҳәм шерменде болыўымыздан алдын аятларыңа ерген болар едик», – деген болар еди.

135. (Ҳәй Муҳаммад!) Сен: «Ҳәмме(миз) – күтиўши(миз). Солай екен, күте бериң! Туўры жол ийелери ҳәм ҳидаят тапқанлар ким екенин жақында (қыяметте) билесиз», – деп айт.



[1] 20. ТОҲА СҮРЕСИ

То, ҳа – Бул еки ҳәриптиң мәниси не екени тек Аллаҳға ғана мәлим.

Сүреде илаҳий көрсетпелер менен бир қатарда Муўса (а.с.), бирәдары Ҳарун (а.с.) ҳәм де Фиръаўн ҳәм ўәзири Ҳаман ҳаққындағы қысса толық баян етиледи. Соның ушын да ол «Муўса» сүреси деп те аталған.

[2] 10-аят. Муўса (а.с.) қәйинатасы Шуайбтан (а.с.) руқсат сорап, ҳаялы – Сапура ҳәм басқалар менен Мадяннан Мысырға, яғный өз журтына анасы ҳәм әжапасының зыяраты ушын түнде кетип баратырып, жолда адасып қалады (Бғ.).

[3] 14-аят. Аяттың арабшасындағы «лизикрий» сөзи тәфсирлерде түрлише түсиндирилген. Мәселен, Мужаҳид (рҳ.) «Мени еслеўиң ушын», Муқотил (рҳ.) «Умытып оқымаған намазыңды ядыңа түскенде оқы!», – деп тәфсир қылған. Ҳәдисте: «Ким намазды умытып тәрк еткен болса, есине келиўи менен оқып алсын!», –делиинген. Расул (а.с.) бул ҳәдисти өзи таң намазынан уйқылап қалып, Қуяш шығып қалғанда айтқан (Лс. Мд. Бғ.).

[4] 16-аят. «Оннан», яғный қыяметти тастыйықлаўдан (Лс. Бғ.).

[5] 22-аят. Яғный, пес кеселине шалынғанлықтан емес.

[6] 39-аят. Яғный, сени сондай сүйкимли қылып қойдым, көрген адам усы мениң улым болса екен, деп әрман қылатуғын болды. Қатоданың (рҳ.) сөзи бойынша, Муўсаның (а.с.) көзлери сулыў, өзине тартып туратуғын болғанлықтан оны көрген адам сүйип қалар еди (Мд. Хз.).

[7]40-аят. Яғный, 40 жасыңда қәйинатаң Шуайб (а.с.) жасайтуғын Мадян қаласында 18 жыл турып, Мысырға келдиң (Мд.).

[8] 59-аят. Мысырда сол дәўирде ҳәр жылы адамлар жасанып шығып, байрамлайтуғын арнаўлы күн болып, ол Ашура күни яки Наўрыз күни екенинде тартыс бар. Фиръаўн Муўсаны (а.с.) көпшилик гүўалығында жеңип, шерменде қылыў нийетинде усы байрам күнин таңлаған еди (Мд. Хз. Қз.).

[9] 60-аят. Фиръаўн сыйқыршыларының саны да түрлише айтылған. Олардың саны 72, 400, 470 мың еди, деген рәўиятлар бар (Абс. Хз. Мд.).

[10] 62-аят. Сыйқыршылыр Фираъўннан жасырынша: «Муўсаның сөзлеринен ол сыйқыршыға уқсамайды. Егер биз жеңилсек, оның ҳақыйқый пайғамбар екени белгили болады ҳәм биз оған ийман келтиремиз», – деп келисип алған еди (Бғ.).

[11] 66-аят. Сыйқыршылар қолларында алып келген жип ҳәм таяқлары сынап еритпесинен таярланған, жылан көриниси берилген нәрселер болып, қуяштың ыссылығы тәсиринде ҳәрекет қылатуғын еди. Оннан көзлер қамасып кетер еди. Муўса (а.с.) да бул көринисти көрип, бираз шоршыған еди (Қз. Мд. Хз.).

[12] 78-аят. Муўса (а.с.) жетпис мың адамлық қәўими менен түнде Мысырдан шығып кетеди. Буннан хабар тапқан Фиръаўн 600 мың ләшкери менен олардың артынан қуўып барады. Муўсаға (а.с.) инам етилген мөжиза себепли таяғын теңизге урыўы менен оннан жол ашылады. Қәўим өтип алғаннан кейин, Фиръаўн ләшкери менен олар артынан жүреди. Суўдың ортасына барғанында жол жабылып, Фиръаўн ҳәм ләшкери суўға шөгип кетеди.

[13] 85-аят. Муўса (а.с.) Туўр ойпатына кетиў алдынан Аллаҳтан өзгеге сыйынбаў ҳаққында Исрайыл әўладына қатты көрсетпе берип кеткен еди. Бирақ, олар Ҳарунға бойсынбай, Самирий исимли бир сыйқыршы жасаған алтын бузаўға сыйынып, келисимин бузады.

[14] 88-аят. Муўса (а.с.) қәўими Мысырдан шығып атырғанында байлықларын қибтийлерге гиреўге қойып, орнына олардың алтын-буйым, зеб-зийнетлерин алған еди. Самирий усы нәрселерди отта еритип, бузаў жасаған ҳәм Жәбрайыл (а.с.) минип келген аттың туяқлары изинен топырақ алып, ҳәйкел ишине салғанында оннан даўыс шыққан. Ширкке бейим халық Муўса (а.с.) келгенше қырық күн бузаўға сыйына баслаған (Мд. Хз.).

[15] 96-аят. Көрген нәрсеси – Жәбрайыл минип келген аттың туяғы тийген нәрсеге жан киргени еди.

[16] 97-аят. Яғный, өмириңниң ақырына шекем ҳеш кимге араласпай, жалғыз жасайсаң.

[17] 102-аят. Суўр – қыямет алдынан Исрапыл (а.с.) бәрше тири жанды өлтириў ушын үплеп шертетуғын ҳайўан шақы көринисиндеги әсбап. Биринши шерткенде ҳәмме өледи. Екиншисинде ҳәмме тириледи. Бул жерде – екинши шертиўи (Хз.).

[18] 108-аят. Исрапыл (а.с.) Байтил-мақдистеги ҳаўада қалқып турған тас үстине шығып: «Ҳәй шириген сүйеклер, терилер ҳәм гөшлер, келиң Роҳман алдына!» – дейди (Мд. Хз.).

[19] 114-аят. Жәбрайыл (а.с.) келип нәзил болған аятлардың ҳәммесин оқып болмастан бурын Расул (а.с.) қирәәт қыла баслағанда усы аят нәзил болған. Яғный, оқып турмасам яд болмай қалады, деп қорықпаң, ал Меннен беккем ҳәм берекетли илим сораң, деп Аллаҳ таала кеўлине тәселле бермекте (Лс.).

Бул аяттың мазмуны «Қыямат» сүресиниң 16, 17-аятларында бар.

[20] 115-аят. Қадаған етилген терек – жүзим я әнжир, яки алма, ямаса бийдай екени рәўият қылынған.

[21] 123-аят. Яғный, сиз екеўиңиз (Адам менен Ҳаўўа) шайтанға, ал шайтан екеўиңизге душпан болып есапланады (Тб.).

Адам менен Ҳаўўа ҳәм олардың зүрядына Иблис ҳәм оның зүряды қыяметке шекем душпанлық қылып, ҳидаят жолынан шалғытыўға ҳәрекет қылады (ИК).

[22] 129-аят. Аяттағы «лебиз» дегени Лаўҳул-маҳфузда жазып қойылған тәғдир есапланады. Яғный, Муҳаммад үмметине азапты кешиктириўим ҳаққында лебиз қылып қоймағанымда ҳәм қыямет күни ушын белгиленген мүддет болмағанда жазаны тезлетер едим, деп ескертпекте. Ҳәдисте: «Жәннетте «Тоҳа» ҳәм «Ясийн» сүрелери тиләўат қылынады» делинген (Мд.).

[23] 130-аят. Аятта бес ўақыт намаз ўақытлары көрсетилген.

[24] 131-аят. Аяттағы қадаған етиў Муҳаммадқа (а.с.) тән болмай, ол бәршеге тийисли есапланады. Ҳуўайда (қ.с.) айтқанындай: «Бул дүнья мөмин ушын – зиндан, кәпир ушын – жәннет».